Мухаддес Китап

Санлар

1. Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың екинши айының биринши күни Жаратқан Ийе Синай шөлинде, Ушырасыў шатырында Муўсаға былай деди:
2. – Сен Харон менен бирге пүткил Израил жәмийетин тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шық. Саўашқа жарамлы болған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы барлық еркеклерди бөлимлерге бөлип, бирме-бир атларын жазып дизимге алың
3. .
4. Сизлерге жәрдем бериўи ушын жаныңызда ҳәр бир урыўдан бир адамнан болсын. Олар әўлад басшыларынан болсын.
5. Сизлерге жәрдем беретуғын адамлардың атлары мыналар: Рубен урыўынан Шедеур улы Элисур,
6. Шимон урыўынан Суришаддай улы Шелумиел,
7. Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон,
8. Иссахар урыўынан Суар улы Нетанел,
9. Зебулон урыўынан Хелон улы Элиаб,
10. Юсуп урпағынан болған Эфрайым урыўынан Аммиҳуд улы Элишама, Юсуп урпағынан болған Менашше урыўынан Педасур улы Гамалиел, +
11. Бенямин урыўынан Гидоний улы Абидан,
12. Дан урыўынан Аммишаддай улы Ахиезер,
13. Ашер урыўынан Охран улы Пагиел,
14. Гад урыўынан Деўел улы Элясаф,
15. Нафталий урыўынан Энан улы Ахира
16. Халық арасынан таңлап алынған бул адамлар өз урыўының көсемлери болып, Израилдың тийре басшылары еди.
17. Муўса менен Харон атлары аталған усы адамларды шақыртып алды.
18. Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша екинши айдың биринши күни пүткил халықты жыйнады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ер адамларды тийрелери, әўладлары бойынша атларын бирме-бир дизимге алды. Солай етип, Муўса Синай шөлинде халықты санап шықты
19. .
20. Тийре ҳәм әўладлары бойынша бирме-бир атлары дизимге алынған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы ер адамлардың саны төмендегидей еди: Израилдың туңғыш улы Рубен урыўынан – 46 500 адам
21. ,
22. Шимон урыўынан – 59 300 адам
23. ,
24. Гад урыўынан – 45 650 адам
25. ,
26. Яҳуда урыўынан – 74 600 адам
27. ,
28. Иссахар урыўынан – 54 400 адам
29. ,
30. Зебулон урыўынан – 57 400 адам
31. ,
32. Юсуп улы Эфрайым урыўынан – 40 500 адам
33. ,
34. Юсуп улы Менашше урыўынан – 32 200 адам
35. ,
36. Бенямин урыўынан – 35 400 адам
37. ,
38. Дан урыўынан – 62 700 адам
39. ,
40. Ашер урыўынан – 41 500 адам
41. ,
42. Нафталий урыўынан – 53 400 адам
43. .
44. Муўса, Харон ҳәм Израилдың он еки урыўының көсемлери тәрепинен дизимге алынғанлар усылар еди. Ҳәр бир көсем өз урыўының ўәкили еди.
45. Израилда жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы барлық израиллылар өзлериниң әўладлары бойынша есапқа алынды.
46. Есапқа алынғанлардың барлығы 603 550 адам болды.
47. Бирақ Лебий урыўы басқалар менен бирге дизимге алынбады.
48. Себеби Жаратқан Ийе Муўсаға былай деген еди:
49. «Тек Лебий урыўының есабын алма ҳәм оларды басқа израиллылар менен бирге дизимге киргизбе.
50. Лебийлилерди ишинде буйрықлар жазылған еки тас турған Мухаддес шатырға, оған тийисли ҳәр бир буйым ҳәм затларға жуўапкер қылып қой. Олар Шатырды ҳәм оның барлық буйымларын көтерип алып жүрсин ҳәм абайлап қарап жүрсин. Оның дөгерегине өз шатырларын қурсын.
51. Мухаддес шатыр көширилгенде, оны лебийлилер жыйнасын, тоқтаған ўақытта да, оны лебийлилер қурсын. Лебийлилерден басқа Шатырға жақынласқан ҳәр бир адам өлтирилсин.
52. Израиллылар бөлимлерге бөлинип, шатырларын қурсын. Ҳәр бир адам өз ордасында ҳәм өз байрағы астында орналассын.
53. Ал Израил жәмийети Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырамаўы ушын, лебийлилер буйрықлар қойылған Шатырдың дөгерегине өз шатырларын қурсын ҳәм оны қараўылласын».
54. Израиллылар булардың барлығын Жаратқан Ийе Муўсаға қалай буйырған болса, анық сондай етип орынлады.
1. Жаратқан Ийе Муўса ҳәм Харонға былай деди:
2. – Израиллылардың ҳәр бири өз әўладының белгиси болған байрақларының астында орналассын. Олар өз шатырларын Ушырасыў шатырының дөгерегине, оннан бираз қашықлаў жерге тиксин.
3. Ушырасыў шатырының күншығыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Яҳуда ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Яҳуда урыўының көсеми Амминадаб улы Нахшон.
4. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 74 600.
5. Оның қасына Иссахар урыўы шатырларын тиксин. Иссахар урыўының көсеми Суар улы Нетанел.
6. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 54 400.
7. Зебулон урыўы да Яҳуда урыўының жанына шатырларын тиксин. Зебулон урыўының көсеми Хелон улы Элиаб.
8. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 57 400.
9. Яҳуда ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 186 400. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим биринши болып алдында жүрсин.
10. Ушырасыў шатырының қубла тәрепинде орналасатуғын урыўлар Рубен ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур.
11. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 46 500.
12. Оның қасына Шимон урыўы өз шатырларын тиксин. Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел.
13. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 59 300.
14. Гад урыўы да Рубен урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Гад урыўының көсеми Деўел улы Элясаф.
15. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 45 650.
16. Рубен ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 151 450. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим екинши болып жүрсин.
17. Алдынғы еки орда менен кейинги еки орданың ортасында Ушырасыў шатыры ҳәм лебийлилердиң ордасы жолға шықсын. Ҳәр бир урыўдың орналасыў тәртиби қандай болса, жолға шыққанда да сондай болсын. Ҳәр бири өз байрағы астында өз орнында жүрсин.
18. Ушырасыў шатырының батыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Эфрайым ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама.
19. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 40 500.
20. Оның қасына Менашше урыўы өз шатырларын тиксин. Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел.
21. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 32 200.
22. Бенямин урыўы да Эфрайым урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан.
23. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 35 400.
24. Эфрайым ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 108 100. Үшинши болып усылар жолға шықсын.
25. Ушырасыў шатырының арқа тәрепинде орналасатуғын урыўлар Дан урыўының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер.
26. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 62 700.
27. Оның қасына Ашер урыўы өз шатырларын тиксин. Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел.
28. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 41 500.
29. Нафталий урыўы да Дан урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира.
30. Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 53 400.
31. Дан ордасының есабына кирген барлық ләшкерлердиң саны 157 600. Олар өз байрақлары астында ең ақырында жолға шықсын.
32. Солай етип, өз әўладлары бойынша есаптан өткен пүткил Израил халқы усылар еди. Ҳәр бир орданың бөлимлерге бөлинип, есаптан өткен барлық ләшкерлердиң саны 603 550.
33. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Лебий урыўы басқа израиллылар менен бирге есаптан өткерилмеди.
34. Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи. Олар өз байрақлары астында ордаларын қурды. Олардың ҳәр бири тийре ҳәм әўладлары бойынша орналасып, сол тәртипте жолға шығатуғын еди.
1. Жаратқан Ийе Синай таўында Муўса менен сөйлескенде, Харон менен Муўсаның урпақлары мыналардан ибарат еди:
2. Харонның уллары: туңғышы Надаб, оннан кейингиси Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар.
3. Май қуйылып, руўханийлик хызметке тайынланған Харонның уллары усылар еди.
4. Бирақ Надаб пенен Абиҳу Синай шөлинде Жаратқан Ийениң алдында буйырылмаған от усынғаны ушын өлген еди. Олардың екеўи де перзентсиз еди. Сонлықтан Элазар менен Итамар әкеси Харонның қасында руўханийлик хызметин атқарды.
5. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6. – Руўханий Харонға жәрдем бериўи ушын Лебий урыўын шақырып, оларды хызметке қой.
7. Олар Харон ҳәм пүткил жәмийет ушын Ушырасыў шатырында қараўыллық қылсын ҳәм ондағы барлық хызметти алып барсын.
8. Олар израиллылар ушын Ушырасыў шатырында хызмет қылып, ондағы барлық буйымларға жуўапкер болсын.
9. Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының хызметине тапсыр. Лебийлилер Израил халқының ишинде пүткиллей Харонның хызметине арналады.
10. Руўханийлик хызметин атқарыўы ушын Харон менен улларын хызметке қой. Олардан басқа Мухаддес орынға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилсин.
11. Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
12. – Мине, Израил халқының қарыннан биринши шыққан улларының орнына лебийлилерди таңладым. Олар Маған тийисли.
13. Өйткени барлық туңғышлар Маған тийисли. Мен Мысырда туңғышлардың ҳәммесин жоқ қылған күни, Израилдың барлық туңғышларын – адамның туңғышын, ҳайўанның биринши төлин Өзиме айырып алдым. Олар Маған тийисли. Себеби Мен – Жаратқан Ийемен.
14. Жаратқан Ийе Муўсаға Синай шөлинде былай деди:
15. – Лебий урыўын санақтан өткиз. Бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды әўладлары ҳәм тийрелери бойынша есаплап шық.
16. Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша оларды санап шықты.
17. Лебийдиң улларының атлары мыналар: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий.
18. Гершонның тийре басшылары болған уллары мыналар: Либний ҳәм Шимей.
19. Қоҳаттың тийре басшылары болған уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
20. Мерарийдиң тийре басшылары болған уллары: Махлий ҳәм Муший. Әўладлары бойынша Лебий тийрелери усылар.
21. Гершоннан Либний ҳәм Шимей тийрелери келип шықты.
22. Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 7500.
23. Гершон тийрелери батыста, Шатырдың артқы тәрепинде орналасыўы керек еди.
24. Гершон әўладының басшысы Лаел улы Элясаф еди.
25. Гершонның урпағы Ушырасыў шатырының мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың ишки бөлими менен жапқышларына, шатырдың кирер аўзындағы пердеге,
26. ҳәўли ҳәм қурбанлық орынды қоршап турған перделерге, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердеге, арқанларға ҳәм буларға тийисли барлық хызметлерге.
27. Қоҳаттан Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел тийрелери келип шықты.
28. Олардағы бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамлардың саны 8600 еди. Олар Мухаддес шатырдың хызметине жуўапкер болды.
29. Қоҳаттан келип шыққан тийрелер шатырдың қубла тәрепинде орналасыўы керек еди.
30. Қоҳат әўладының басшысы Уззиел улы Элисафан еди.
31. Қоҳат урпағы Келисим сандығына, столға, шыра қойғышқа, қурбанлық орын менен түтетки түтетилетуғын орынға, Мухаддес шатырдың буйымларына, Ең мухаддес бөлме менен Мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге ҳәм усыларға тийисли хызметлерге жуўапкер еди.
32. Лебий урыўының басшыларының үстинен руўханий Харонның улы Элазар басшылық қылатуғын еди. Мухаддес шатырға жуўапкер адамлар оның бақлаўы астында болды.
33. Мерарийден Махлий ҳәм Муший тийрелери келип шықты.
34. Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 6200.
35. Мерарий әўладының басшысы Абихайыл улы Суриел еди. Мерарий тийрелери шатырдың арқа тәрепинде орналасыўы керек еди.
36. Мерарий урпақлары шатырдың мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың тахтайларына, қадаларына, бақанларына, ултанларына ҳәм буларға тийисли барлық затларға, шатырдың ҳәўлисиниң әтирапындағы бақанлары менен ултанларына ҳәм қазықлары менен арқанларына ҳәм буларға тийисли барлық хызметке
37. .
38. Муўса, Харон ҳәм оның уллары шатырдың шығысқа қараған алдынғы тәрепине, Ушырасыў шатырының алдында орналасатуғын еди. Олар израиллылар атынан Мухаддес мәканда хызмет қылыў ушын қойылған еди. Олардан басқа сол хызметти атқарыўға Мухаддес мәканға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилетуғын еди.
39. Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық Лебий урыўын тийрелери бойынша бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды санап шыққанда, олардың улыўма саны 22 000 болды.
40. Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Израиллылардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы еркек туңғышларын санап шығып, оларды атпа-ат дизимге ал.
41. Израиллылардың барлық туңғыш улларының орнына лебийлилерди, және де, израиллылардың ҳайўанларының биринши төллериниң орнына лебийлилердиң ҳайўанларын Маған айырып бер. Мен – Жаратқан Ийемен, – деди.
42. Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай етип, израиллылардың барлық туңғыш улларын санап шықты.
43. Атпа-ат есапқа алынған бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы туңғыш ер адамлар барлығы болып 22 273 болды.
44. Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
45. – Израиллылардың туңғыш улларының орнына лебийлилерди, ҳайўанларының орнына да лебийлилердиң ҳайўанларын айырып шығар. Лебийлилер Меники болады. Мен – Жаратқан Ийемен.
46. Лебийлилердиң санынан артық шыққан 273 израиллы туңғыш ер адамлар ушын қун төлеп қайтып алыўы тийис.
47. Ҳәр бир артық шыққан адам ушын бес шекел* гүмистен ал. Ҳәр бир шекел гүмис бөлеклери Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан болсын.
48. Лебийлилердиң санынан артық шыққанлардан қун сыпатында алынатуғын гүмисти Харон менен улларына бер.
49. Муўса лебийлилерден артық шыққан израиллыллардан қун төлеми сыпатында пул алғанда,
50. бул Мухаддес орын өлшеми менен 1365 шекел гүмис болды.
51. Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, қунның төлемлерин Харон ҳәм оның улларына берди.
1. Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2. – Лебий урыўындағы Қоҳат урпағын тийре ҳәм әўладлары бойынша санап шық.
3. Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги адамлардың ҳәммесин сана.
4. Қоҳат урпағының жумысы Ушырасыў шатырындағы ең мухаддес буйымларға жуўапкершиликтен ибарат.
5. Халық жолға шыққан ўақытта Харон менен уллары келип, ишки бөлмениң пердесин шешип алсын ҳәм оның менен Келисим сандығын жапсын.
6. Кейин оның үстине жумсақ териден исленген жабыў жаўып, үстине және қызғыш көк жапқыш жапсын ҳәм сырықларын сандықтың ҳалқаларына жайластырсын.
7. Усынылған нанлар қойылатуғын столдың үстине қызғыш көк реңли жапқыш жайып, үстине табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди қойсын. Столдың үстинде күнделикли усынылған нанлар да турсын.
8. Булардың үстине қырмызы реңли жапқыш жаўып, кейин оны жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын, ал сырықларын столдың ҳалқаларына жайластырсын.
9. Соннан соң шыра қойғышты, оның шыраларын, пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды ҳәм зәйтүн майы ушын қолланылатуғын ыдысларды қызғыш көк реңли жапқыш пенен жаўып орасын.
10. Кейин буларды жумсақ тери менен орап, зәмбердиң үстине қойсын.
11. Түтетки түтетилетуғын алтын орынның үстине қызғыш көк таўар жайып, оның үстин жумсақ бир тери менен қапласын ҳәм сырықларын алтын орынның ҳалқаларына жайластырсын.
12. Мухаддес орында қолланылатуғын барлық буйымларды алып, оларды қызғыш көк жапқыш пенен орап, үстин жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын ҳәм кейин екинши зәмбердиң үстине қойсын.
13. Қурбанлық орынды күлден тазалап, оны шым қызыл реңли жабыў менен жапсын.
14. Соннан соң, хызмет ўақтында қолланылатуғын барлық буйымларды: шоқ салынатуғын ыдысларды, шанышқыны, күл алатуғын белшени, қан себетуғын табақларды қурбанлық орынның үстине қойып, жумсақ териден исленген жабыў менен жапсын ҳәм сырықларын қурбанлық орынның ҳалқаларына жайластырсын.
15. Израил ордасы басқа жерге көшетуғын ўақытта, Харон менен оның уллары мухаддес буйымларды ҳәм буларға тийисли барлық затларды жыйнастырып, орап болғаннан соң, Қоҳат урпақлары келип, оларды көтерип алып жүрсин. Олар өлмеўи ушын мухаддес буйымларға қол тийгизбесин. Қоҳат урпағының Ушырасыў шатырындағы алып жүретуғын буйымлар усылардан ибарат.
16. Руўханий Харон улы Элазар шыралар ушын зәйтүн майына, хош ийисли түтеткиге, күнделикли берилетуғын ғәлле садақасына ҳәм майлаў рәсимине қолланылатуғын зәйтүн майына, және де, шатырға ҳәм оның ишиндеги барлық мухаддес буйымлар менен буларға тийисли затларға жуўапкер болсын.
17. Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
18. – Қоҳат тийрелериниң лебийлилердиң арасынан жоқ болып кетиўине жол қоймаңлар.
19. Олардың ең мухаддес затларға жақынласып, өлип қалмаўы ушын былай ислең: Харон менен оның уллары келип, Қоҳат урпағының ҳәр бириниң ислейтуғын хызметин ҳәм не алып жүретуғынын белгилесин.
20. Бирақ Қоҳат урпағы азғантай ўақытқа болса да ишке кирип, мухаддес буйымларға қарамасын, болмаса олар өледи.
21. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
22. – Гершон урпағын да әўладлары ҳәм тийрелери бойынша санақтан өткиз.
23. Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана.
24. Гершон тийрелериниң хызмети ҳәм жүк тасыў ўазыйпалары мыналардан ибарат:
25. олар Ушырасыў шатырының ишки ҳәм сыртқы жапқышларын, оның кирер аўзындағы пердени,
26. шатыр менен қурбанлық орынды айлана дөгереклеп турған ҳәўлиниң перделерин, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердени ҳәм арқанлар менен усыларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Усы затлар менен байланыслы жумыслардың ҳәммесин Гершон урпағы орынласын.
27. Харон ҳәм оның уллары Гершон урпағының хызметин, жүклерди тасыўын ҳәм басқа да орынлайтуғын ўазыйпаларын шөлкемлестирсин.
28. Гершон тийрелериниң Ушырасыў шатырындағы ислейтуғын жумыслары усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.
29. Енди Мерарий урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санақтан өткиз.
30. Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана.
31. Олар Ушырасыў шатырындағы жумыс барысында мыналарды орынлайды: шатырдың тахтайларын, қадаларын, бақанларын, ултанларын,
32. шатырды дөгереклеп турған ҳәўлиниң бақанлары менен оның ултанларын, қазықларын, арқанларын ҳәм буларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Олардың ҳәр бирине не тасыйтуғынын анықлап, белгилеп бериң.
33. Мерарий тийрелериниң Ушырасыў шатырына байланыслы хызмети усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.
34. Муўса, Харон ҳәм жәмийеттиң көсемлери Қоҳат урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты.
35. Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды санап шыққанда,
36. олардың саны 2750 адам болды.
37. Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Қоҳат урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
38. Гершон урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды.
39. Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда,
40. олардың саны 2630 адам болды.
41. Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Гершон урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
42. Мерарий урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды.
43. Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда,
44. олардың саны 3200 адам болды.
45. Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Мерарий урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
46. Солай етип, Муўса, Харон ҳәм Израилдың көсемлери лебийлилерди тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты.
47. Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге ҳәм жүк тасыўға жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда,
48. олардың улыўма саны 8580 адам болды.
49. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша олардың ҳәр бирине ислейтуғын хызмети ҳәм тасыйтуғын жүклери белгилеп берилди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша барлық адамлар дизимге алынды.
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Израил халқына буйыр. Олар тери кеселлигине жолыққан, жынысый ағзасынан ириң яки қан бөлинип шыққан* ямаса өлиге бир жерин тийгизип ҳарамланған ҳәр бир адамды ордадан сыртқа шығарып жиберсин.
3. Еркек болсын, ҳаял болсын арасында Мен жасап атырған орданы ҳарамламаўы ушын, оларды орданың сыртына шығарып жиберсин.
4. Израил халқы айтылғанларды орынлап, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай оларды орданың сыртына шығарып жиберди.
5. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6. – Израил халқына былай деп айт: «Егер бир еркек ямаса ҳаял биреўге қарсы қандай да бир гүна ислеп, усы арқалы Жаратқан Ийеге қыянет етсе, ол адам айыплы саналады+.
7. Бундай адам ислеген гүнасын ашық мойынласын. Ол жәбир шеккен адамға келтирген зыяны ушын төлем төлесин, және де, оның үстине бестен бир бөлегин де қосып берсин.
8. Егер де ол адам өлсе ҳәм оған берилетуғын төлемди алатуғын бирде бир жақын ағайини болмаса, онда сол төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, буны руўханийге берсин. Айыплы адам усы төлем менен бирге гүнадан тазаланыў ушын қурбанлыққа бир қошқар алып келсин.
9. Израил халқының руўханийге алып келген мухаддес садақаларының барлығы руўханийге тийисли болсын.
10. Руўханий қабыл қылған ҳәр бир садақа руўханийдиң өзине тийисли болсын».
11. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
12. – Израил халқына былай деп айт: «Егер бир адамның ҳаялы жолдан азғырылып, күйеўине бийопалық қылса,
13. басқа бир адам менен жатып, өзин ҳарамласа, буны күйеўинен жасырса ҳәм буған гүўа адам болмағанлығы себепли ҳаялдың ислегени жасырын болса,
14. буған қарамастан, күйеўи ҳаялын қызғанып, оған қарсы жүрегинде гүман пайда болыўы мүмкин. Ямаса ҳаялы бийопалық қылмаса да, күйеўи оны қызғанып, жүрегинде оған қарсы гүман пайда болыўы мүмкин.
15. Усындай жағдайларда ол адам ҳаялын руўханийге алып келсин. Ҳаялы ушын оннан бир эфа арпа унынан садақа алып келсин. Унның үстине зәйтүн майын ямаса хош ийисли шайыр қоспасын. Себеби бул – айыпты еслетиў ушын берилетуғын қызғаныў садақасы.
16. Руўханий ҳаялды алып келип, Жаратқан Ийениң алдына турғызсын.
17. Кейин ылайдан исленген ыдысқа мухаддес суў қуйсын ҳәм Мухаддес шатырдың ишиндеги жерден топырақ алып, суўға салсын.
18. Руўханий сол ҳаялды Жаратқан Ийениң алдына турғызғаннан соң, оның шашын жайсын, еслетиў садақасын, яғный қызғаныў садақасын оның қолына услатсын. Руўханийдиң өзи нәлет келтиретуғын ашшы суўды қолына услап турсын.
19. Соннан соң, ол ҳаялға нәлетти тастыйықлатып, оған былай деп айтсын: „Егер сен басқа бир еркек пенен жатпаған болсаң, күйеўиң бола тура жолдан азғырылып, өзиңди ҳарамламаған болсаң, онда нәлет алып келетуғын мына суў саған зыянын тийгизбесин.
20. Бирақ күйеўиң бола тура жолдан азғырылып, басқа бир еркек пенен жатып, өзиңди ҳарамлаған болсаң,
21. онда адамлар биреўди нәлетлегенде, Жаратқан Ийе сениң атыңды нәлетке қосып айтатуғын қылсын ҳәм қурсағың зыянланып, бийперзент қылсын.
22. Нәлет келтиретуғын бул суў ишиңе барғанда, қурсағың зыянланып, бала туўа алмайтуғын қылсын“. Сонда ҳаял: „Аўмийин, аўмийин“, – деп айтсын.
23. Руўханий бул нәлетлерди бир бөлек териге жазып, оны ашшы суўға шайсын.
24. Нәлет келтиретуғын суўды ҳаялға ишкизсин. Суў ҳаялдың ишине киргеннен соң, оған азап берсин.
25. Руўханий сол ҳаялдың қолынан қызғаныў садақасын алып, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынғаннан соң, садақаны қурбанлық орынға алып келсин.
26. Руўханий ғәлле садақасынан бир уўыс алып, оны толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орында түтетип жандырсын. Кейин ҳаялға суўды ишкизсин.
27. Егер ҳаял күйеўине бийопалық қылып, өзин ҳарамлаған болса, нәлет алып келетуғын суўды ишкенде, оған азап береди. Суў оның қарнын исирип, туўмайтуғын қылып таслайды ҳәм ол халқы арасында нәлетий болып қалады.
28. Бирақ ҳаял өзин ҳарамламаған ҳәм пәк болса, ол өзине тағылған айыптан қутылады ҳәм бала көтеретуғын болады.
29. Қызғаншақлық ҳаққында қағыйдалар усылардан ибарат. Егер бир ҳаял күйеўине бийопалық қылып, өзин ҳарамласа,
30. ямаса күйеўинде ҳаялына деген қызғаныш ҳәм жүрегинде оған қарсы гүман пайда болса, онда руўханий ҳаялды Жаратқан Ийениң алдына турғызып, усы нызам бойынша ис тутсын.
31. Сонда күйеўи ҳәр қандай айыптан қутылады, ҳаял болса, ислеген айыбының жазасын тартады».
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Израил халқына былай деп айт: «Егер еркек ямаса ҳаял айрықша ўәде берип, өзин нәзир сыпатында Жаратқан Ийеге бағышласа,
3. ол шараптан ҳәм ҳәр қандай өткир ишимликтен өзин тыйсын. Жүзимнен ямаса басқа өткир ишимликлерден исленген сирке суўынан ишпесин. Жүзимнен таярланған ширели суўдан ишпесин. Жүзим де, кишмиш те жемесин.
4. Ол Жаратқан Ийеге бағышланған дәўиринде жүзимнен таярланған ҳеш нәрсе жемесин, ҳәттеки, жүзимниң дәнесинен қабығына дейин аўзына улыўма алмасын.
5. Нәзир сыпатында бағышланған дәўиринде басына ҳеш қандай пәки тиймесин. Ол өзин Жаратқан Ийеге арнаған дәўириниң ақырына дейин мухаддес болсын, шашын өсирсин.
6. Сол күнлер даўамында өлиге жақынламасын.
7. Ҳәттеки, оның анасы, әкеси, аға-иниси ямаса әжапа- қарындасы қайтыс болса да, олар себепли өзин ҳарамламасын. Өйткени оның басындағы шашы – өзин нәзир сыпатында Қудайға бағышлағанының белгиси.
8. Ол нәзир болған дәўиринде Жаратқан Ийеге бағышланған болады.
9. Егер оның жанында тосаттан биреў қайтыс болып қалса, онда ол адамның бағышланған шашы ҳарамланады. Сол себепли нәзир болған адам өзин пәклеў ушын жети күннен кейин шашын алдырып тасласын.
10. Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелип, Ушырасыў шатырының алдында руўханийге берсин.
11. Руўханий булардың биреўин гүна қурбанлығы етип, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Солай етип, өли себепли айыплы болған сол адам ушын пәклеў рәсими өткерилсин. Сол күни ол өз басын қайтадан бағышласын.
12. Ол ҳарамланғанлығы себепли оның алдынғы бағышланған күнлери есапқа алынбайды. Сонлықтан, айып қурбанлығы ушын бир жасар еркек тоқлы усынып, Жаратқан Ийеге өзин қайтадан бағышлаўы тийис.
13. Нәзир болған адамға арналған қағыйда мыналардан ибарат: оның бағышланыў күнлери тамам болғанда, ол Ушырасыў шатырының алдына алып келинсин.
14. Усы жерде ол Жаратқан Ийеге мына қурбанлықларды усынсын: жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз бир еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын бир жасар минсиз бир қой, татыўлық қурбанлығы ушын минсиз бир қошқар,
15. ғәлле садақасы ҳәм ишимлик садақалары менен бирге бир себет ашытқысыз нанлар – сапалы уннан зәйтүн майы қосылған шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер.
16. Руўханий буларды гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынсын.
17. Кейин қошқарды ғәлле ҳәм ишимлик садақалары менен бирге Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығы етип усынсын. Сондай-ақ, себеттеги ашытқысыз нанларды да усынсын.
18. Соннан соң, нәзир болған адам Ушырасыў шатырының алдында бағышланған шашын алдырып, шашын татыўлық қурбанлығы жандырылып атырған отқа жағып жиберсин.
19. Нәзир болған адам шашын алдырғаннан соң, руўханий қошқардың қайнатылған алдынғы бир санын, себеттен ашытқысыз бир нанды ҳәм пәтирди оның қолына услатсын.
20. Кейин руўханий буларды Жаратқан Ийеге бағышлаў ушын жоқары көтерип усынсын. Булар жоқары көтерип усынылған төс ҳәм артқы сан менен бирге мухаддес болып, руўханийдиң пайы саналады. Соннан кейин нәзир болған адам шарап ишиўине болады.
21. Ўәде берип, нәзир сыпатында бағышланған адам ушын қағыйдалар усылардан ибарат. Ол усы қағыйдаларға муўапық Жаратқан Ийеге қурбанлықларын берсин. Соның менен бирге, қолынан келгенинше оннан да көбирегин бериўине болады. Ол ўәде бергениндей етип ҳәм бағышланыў қағыйдаларына муўапық түрде анық орынлаў керек».
22. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
23. – Харон менен оның улларына былай деп айт: «Израил халқына ақ пәтия бергениңизде, оларға былай деп айтың:
24. „Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын, қорғасын!
25. Жаратқан Ийе сизлерге Өз жүзиниң нурын шашсын, реҳимли болсын!
26. Жаратқан Ийе сизлерге Өз нәзерин салсын ҳәм тынышлығын берсин!“
27. Солай етип, руўханийлер атымды айтып, Израил халқына ақ пәтия берсин. Сонда Мен де оларды жарылқайман».
1. Муўса Шатырды тигип болғаннан соң, Шатырға ҳәм оның барлық буйымларына, және де, қурбанлық орынға ҳәм оған тийисли барлық буйымларына май серпип, оларды бағышлады.
2. Кейин Израилдың көсемлери, дизимге алыў ўазыйпасын алып барған әўлад ҳәм урыў басшылары өз сыйларын алып келди.
3. Олардың Жаратқан Ийеге алып келген сыйлары үсти бастырылған алты арба ҳәм он еки өгизден ибарат еди. Ҳәр бир көсем бир өгизден ҳәм ҳәр бир еки көсем бир арбадан алып келген еди. Көсемлер бул сыйларын шатырдың алдына әкелип қойды.
4. Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
5. – Бул сыйларды олардан қабыл етип ал. Буларды Ушырасыў шатырындағы хызметлерде қолланың. Лебийлилердиң ислейтуғын хызметлерине қарап, буларды оларға бөлип бер.
6. Сонда Муўса арба ҳәм өгизлерди алып, лебийлилерге бөлистирип берди.
7. Ислейтуғын хызметлери бойынша Гершон урпағына еки арба менен төрт өгиз,
8. Мерарий урпағына төрт арба менен сегиз өгиз берди. Мерарий ҳәм Гершон урпақлары руўханий Харонның улы Итамардың бақлаўы астында хызмет қылатуғын еди.
9. Қоҳат урпағына болса, ҳеш нәрсе бермеди. Себеби олардың ислейтуғын хызмети мухаддес буйымларды ийнинде көтерип, алып жүриў еди.
10. Қурбанлық орын майланып, бағышланған ўақытта, көсемлер өзлериниң басқа сыйларын алып келди ҳәм буларды орынның алдына әкелип қойды.
11. Бул ҳаққында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Қурбанлық орынның бағышланыўы ушын ҳәр күни бир көсем өзиниң сыйын усынсын», – деген еди.
12. Биринши күни Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон сыйларын усынды.
13. Оның әкелген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
14. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
15. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар, бир жасар еркек тоқлы,
16. гүна қурбанлығы ушын бир теке,
17. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке, ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Амминадаб улы Нахшонның алып келген сыйлары усылар еди.
18. Екинши күни Иссахар урыўының көсеми Суар улы Нетанел сыйларын усынды.
19. Оның алып келген сыйлары мыналар еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
20. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
21. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы,
22. гүна қурбанлығы ушын бир теке,
23. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суар улы Нетанелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
24. Үшинши күни Зебулон урыўының көсеми Хелон улы Элиаб сыйларын усынды.
25. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
26. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
27. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
28. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
29. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Хелон улы Элиабтың алып келген сыйлары усылар еди.
30. Төртинши күни Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур сыйларын усынды.
31. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
32. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
33. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
34. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
35. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Шедеур улы Элисурдың алып келген сыйлары усылар еди.
36. Бесинши күни Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел сыйларын усынды.
37. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
38. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
39. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
40. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
41. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суришаддай улы Шелумиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
42. Алтыншы күни Гад урыўының көсеми Деўел улы Элясаф сыйларын алып келди.
43. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
44. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
45. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
46. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
47. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Деўел улы Элясафтың алып келген сыйлары усылар еди.
48. Жетинши күни Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама сыйларын усынды.
49. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
50. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
51. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
52. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
53. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммиҳуд улы Элишаманың алып келген сыйлары усылар еди.
54. Сегизинши күни Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел сыйларын усынды.
55. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
56. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
57. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
58. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
59. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Педасур улы Гамалиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
60. Тоғызыншы күни Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан сыйларын усынды.
61. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
62. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
63. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
64. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
65. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Гидоний улы Абиданның алып келген сыйлары усылар еди.
66. Оныншы күни Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер сыйларын усынды.
67. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
68. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
69. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
70. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
71. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммишаддай улы Ахиезердиң алып келген сыйлары усылар еди.
72. Он биринши күни Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел сыйларын усынды.
73. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
74. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
75. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
76. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
77. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Охран улы Пагиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
78. Он екинши күни Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира сыйларын усынды.
79. Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
80. Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
81. жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
82. Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
83. татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Энан улы Ахираның алып келген сыйлары усылар еди.
84. Солай етип, қурбанлық орын майланған ўақытта, Израил көсемлериниң орынды бағышлаў ушын алып келген сыйлары мыналар еди: он еки гүмис жалпақ табақ, он еки гүмис қырма, он еки алтын тостаған.
85. Ҳәр бир гүмис жалпақ табақтың аўырлығы 130 шекелден, ҳәр бир қырманың аўырлығы 70 шекелден еди. Мухаддес орын өлшеми менен гүмис ыдыслардың барлығының аўырлығы 2400 шекел болды.
86. Түтетки толтырылған он еки алтын тостағанның ҳәр бириниң аўырлығы Мухаддес орын өлшеминде 10 шекел еди. Барлық алтын тостағанлардың аўырлығы 120 шекел болды.
87. Жандырылатуғын қурбанлық ушын ғәлле садақасы менен бирге усынылған ҳайўанлардың саны он еки буға, он еки қошқар ҳәм бир жасардан болған он еки еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын да он еки теке.
88. Татыўлық қурбанлығы ушын усынылған ҳайўанлардың саны жигирма төрт буға, алпыс қошқар, алпыс теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған алпыс еркек тоқлы еди. Қурбанлық орын майланғаннан соң, орынның бағышланыўы ушын берилген сыйлар усылар еди.
89. Муўса Жаратқан Ийе менен сөйлесиў ушын Ушырасыў шатырына киргенде, Келисим сандығының қақпағының үстиндеги еки керуб* мүсинлери арасынан өзине сөйлеген даўысты еситетуғын еди. Жаратқан Ийе Муўса менен усы тәризде сөйлесетуғын еди.
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Харонға айт, ол жети шыраны шыра қойғышқа орнатқанда, шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақтылық түсип туратуғын қылып орнатсын.
3. Харон айтылғандай етип иследи. Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, шыраларды шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақты түсетуғын қылып орналастырды.
4. Шыра қойғыш Жаратқан Ийениң Муўсаға көрсеткен үлгиси бойынша, ултанынан баслап, гүллерине дейин алтыннан шөккишлеп исленген еди.
5. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6. – Лебийлилерди Израил халқының арасынан айырып алып, оларды пәклеў рәсиминен өткиз.
7. Оларды пәклеў ушын былай ислейсең: пәклейтуғын суўды олардың үстине серп. Олар шашлары менен барлық жүнлерин қырып тасласын ҳәм кийимлерин жуўсын. Усылайынша, олар пәк болады.
8. Кейин олар бир буға менен ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы ун алып келсин. Гүна қурбанлығы ушын сен де басқа бир буға алып кел.
9. Лебийлилерди Ушырасыў шатырының алдына алып келип, барлық Израил жәмийетин жыйна.
10. Лебийлилерди Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма әкелгениңде, израиллылар олардың үстине қолларын қойсын.
11. Жаратқан Ийеге хызмет етиўи ушын, Харон израиллылардың арасынан лебийлилерди садақа сыпатында Маған бағышласын.
12. Лебийлилер қолларын буғалардың басына қойсын ҳәм олардың гүналары кеширилиўи ушын, буғалардың биреўи гүна қурбанлығы ушын, екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынылсын.
13. Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының алдында турғыз. Оларды садақа сыпатында Жаратқан Ийеге, Маған бағышла.
14. Лебийлилерди басқа израиллылардың арасынан усы тәризде бөлип ал. Лебийлилер Маған тийисли болады.
15. Сен лебийлилерди пәклеп, садақа сыпатында бағышлағаннан соң, олар Ушырасыў шатырындағы хызметин баслаўына болады.
16. Израиллылар арасында лебийлилер толығы менен Маған тийисли. Себеби қарыннан биринши шыққан барлық уллардың орнына оларды Өзиме таңлап алдым.
17. Израил халқының арасындағы барлық биринши туўылғанлар адам болсын, ҳайўан болсын – олар Меники. Өйткени Мен Мысырда биринши туўылғанларды жоқ қылған күни, оларды Өзиме айырып алдым.
18. Солай етип, Израил халқында барлық биринши туўылған уллардың орнына лебийлилерди таңладым.
19. Израиллылар Мухаддес орынға жақынласып, бәлеге дуўшар болмаўы ушын, олардың орнына Ушырасыў шатырындағы хызметти ислеп, израиллылардың гүналарын тазалаў ушын, лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының қолларына тапсырдым.
20. Муўса, Харон ҳәм пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң лебийлилерге байланыслы Муўсаға берген ҳәр бир буйрығын толығы менен орынлады.
21. Лебийлилер өзлерин пәклеп, кийимлерин жуўды. Харон оларды Жаратқан Ийениң алдында арнаўлы түрде бағышлады ҳәм оларды тазалаў ушын, гүналарынан пәкледи.
22. Буннан соң, лебийлилер Харон ҳәм оның улларының қол астында Ушырасыў шатырындағы өзлерине тийисли хызметлерин орынлаўға келди. Солай етип, Жаратқан Ийе лебийлилерге тийисли Муўсаға қандай буйрық берген болса, Израил халқы сол буйрықларды орынлады.
23. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24. – Лебийлилерге тийисли қағыйда мынадай: Жигирма бес ҳәм оннан жоқары жастағылар Ушырасыў шатырындағы хызметин басласын.
25. Ал елиў жасқа келгенде, сол хызметинен босап, артық хызметте болмасын.
26. Хызметтен босаған лебийлилер Ушырасыў шатырында хызмет етип атырған туўысқанларына жәрдем бериўине болады, бирақ өзлери артық хызмет ислемесин. Лебийлилердиң ўазыйпаларын усылайынша белгилеп бер.
1. Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың биринши айында Жаратқан Ийе Синай шөлинде Муўсаға былай деди:
2. – Израиллылар Қутқарылыў байрамын белгиленген ўақытта байрамласын.
3. Барлық нызам ҳәм қағыйдаларға әмел қылып, қурбанлықты белгиленген ўақытта, усы айдың он төртинши күни кеште шалсын.
4. Солай етип, Муўса израиллыларға Қутқарылыў байрамын белгилеўди буйырды.
5. Олар Синай шөлинде биринши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын белгиледи. Олар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.
6. Ал өлиге бир жерин тийгизип, ҳарам саналған базы адамлар сол күни Қутқарылыў байрамында қатнаса алмады. Сол күни олар Муўса менен Харонның алдына келип,
7. Муўсаға былай деди: – Өлиге жантасқанымыз ушын ҳарам саналамыз. Бирақ белгиленген ўақытта басқа израиллылар менен бирге Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықты не ушын усына алмаймыз?
8. Муўса: – Күтиң, Жаратқан Ийениң сизлер туўралы маған не буйыратуғынын тыңлап көрейин, – деди.
9. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
10. – Израиллыларға былай деп айт: «Араңызда бириңиз ямаса әўладыңыздан биреўи өлиге бир жерин тийгизгени ушын ҳарам саналса ямаса биреўи узақ сапарға кетсе, ондай адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын нышанлаўына болады.
11. Бундай адамлар екинши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў қурбанлығын шалып, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин.
12. Таңға дейин қурбанлықтың гөшинен бир түйир де қалмасын, сүйеклери сындырылмасын. Қутқарылыў байрамын барлық қағыйдалар бойынша белгилеўиңиз тийис.
13. Бирақ пәк саналған ҳәм узақ сапарда болмаған адам Қутқарылыў байрамына қатнасыўдан бас тартса, ол белгиленген ўақытта Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық бермегени ушын халқының арасынан жоқ қылынсын. Солай етип, ол өз гүнасының жазасын тартады.
14. Араңызда жасап атырған келгинди бир адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамына қатнасыўды қәлесе, ол байрамның нызам ҳәм қағыйдаларына әмел қылсын. Жергиликли болсын, келгинди болсын, ҳәмме ушын усы нызамды қолланыўыңыз тийис».
15. Мухаддес шатыр, яғный буйрықлар қойылған шатыр тикленген күни оның үстин булт қаплады. Мухаддес шатырды қаплаған булт кештен азанға дейин от сыяқлы болып туратуғын еди.
16. Бул аўҳал ҳәр күни даўам етти. Мухаддес шатырды қаплаған булт кеште от сыяқлы болып туратуғын еди.
17. Булт шатырдан жоқары көтерилгенде, Израил халқы жолға шығатуғын еди. Булт қай жерде тоқтаса, олар сол жерде тоқтайтуғын еди.
18. Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шығып, Оның буйрығы бойынша тоқтап, шатырларын тигетуғын еди. Булт Мухаддес шатырды қаплап турған ўақытта, олар да сол жерде туратуғын еди.
19. Булт Мухаддес шатырды узақ ўақыт қаплап турғанда, Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығына әмел қылып, жолға шықпайтуғын еди.
20. Базыда булт Мухаддес шатырды азғантай күн қаплап туратуғын еди. Халық та Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, я қоныс басқан жерде қалатуғын, ямаса көшетуғын еди.
21. Базы ўақытлары булт тек ғана кештен азанға дейин турып, азанда Мухаддес шатырдан көтерилетуғын еди. Сонда халық жолға шығатуғын еди. Түнде болсын, күндиз болсын, булт шатырдан көтерилиўден, халық жолға шығатуғын еди.
22. Булт Мухаддес шатырды еки күн, бир ай ямаса узақ ўақыт қаплап турса да, израиллылар қоныс басқан жеринде қалып, жолға шықпайтуғын еди. Бирақ булт жоқары көтерилиўден, олар жолға шығатуғын еди.
23. Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша қоныс басатуғын ямаса жолға шығатуғын еди. Усылай етип, олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығына әмел қылды.
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Гүмистен еки кәрнай шөккишлеп соқтыр, буларды жәмийетти жыйнаў ушын ҳәм ҳәр бир орданың жолға шығыўы ушын қолланасаң.
3. Еки кәрнай бирге шертилген ўақытта, барлық жәмийет сениң қасыңа, Ушырасыў шатырының алдына жыйналсын.
4. Тек ғана бир кәрнай шертилсе, онда көсемлер, яғный Израилдың тийре басшылары сениң жаныңа жыйналсын.
5. Кәрнай қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, шығыс тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын.
6. Екинши мәрте қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, қубла тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын. Кәрнайдың қысқа-қысқа етип шертилиўи урыўлардың жолға шығыўы кереклигин билдиреди.
7. Жәмийетти жыйнаў ушын кәрнайды узақ ўақыт әпиўайы даўыс пенен шерттир.
8. Кәрнайларды Харонның руўханий уллары шертсин. Бул сизлер ҳәм келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.
9. Үлкеңизде сизлерге ҳүжим қылған душпанға қарсы саўашқа шыққаныңызда, кәрнай шертип, белги бериң. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен сизлерди еслеп, душпанларыңыздан қутқараман.
10. Шадлы күнлериңизде – байрамларыңызда, Жаңа ай байрамларыңызда, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлар бергениңизде кәрнай шертиң. Усылай етип, Қудайыңыз болған Мен сизлерди еслеймен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
11. Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин екинши жылдың екинши айының жигирмаланшы күни булт буйрықлар қойылған шатырдан жоқары көтерилди.
12. Сонда израиллылар да Синай шөлинен жолға шығып, булт Паран шөлинде тоқтағанша көшип-қонып жүрди.
13. Олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша жолға биринши мәрте шықты.
14. Олар ҳәр сапары жолға шыққанда, ҳәр бир орда өз байрағы астында бир тәртипте жүретуғын еди. Биринши болып, Амминадаб улы Нахшон басшылығындағы Яҳуда ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында көшти баслап жүрди.
15. Иссахар урыўы бөлимине Суар улы Нетанел,
16. Зебулон урыўы бөлимине Хелон улы Элиаб басшылық қылатуғын еди.
17. Соннан кейин, Мухаддес шатыр жыйнастырылып, оны көтерип, алып жүретуғын Гершон урпағы менен Мерарий урпағы жолға шықты.
18. Олардан соң Шедеур улы Элисур басшылығындағы Рубен ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты.
19. Шимон урыўы бөлимине Суришаддай улы Шелумиел,
20. Гад урыўы бөлимине Деўел улы Элясаф басшылық қылатуғын еди.
21. Оннан кейин Қоҳат урпағы мухаддес буйымларды көтерип, жолға шықты. Олар белгиленген жерге жетип бараман дегенше, Мухаддес шатыр қурылып болыныўы тийис еди.
22. Аммиҳуд улы Элишама басшылығындағы Эфрайым ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты.
23. Менашше урыўы бөлимине Педасур улы Гамалиел,
24. Бенямин урыўы бөлимине Гидоний улы Абидан басшылық қылатуғын еди.
25. Көштиң ең ақырында Аммишаддай улы Ахиезер басшылығындағы Дан ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. Олар Израил ордаларының артқы сақшылары еди.
26. Ашер урыўы бөлимине Охран улы Пагиел,
27. Нафталий урыўы бөлимине Энан улы Ахира басшылық қылатуғын еди.
28. Израиллылар бөлимлерге бөлинип, усы тәртипте жолға шығатуғын еди.
29. Муўса мидянлы қәйин атасы Реуелдиң баласы Хобабқа былай деди: – Жаратқан Ийениң: «Сизлерге беремен», – деген жерине баратырмыз. Сиз де бизлер менен бирге барың, сизге жақсы қатнаста боламыз. Өйткени Жаратқан Ийе Израилға жақсылық етиўди ўәде қылды.
30. Хобаб оған: – Яқ, бармайман. Өз елиме, ағайин-туўғанларымның жанына қайтаман, – деп жуўап берди.
31. Муўса оған былай деди: – Илтимас, бизлерди таслап кетпең. Себеби сиз шөлде қоныслайтуғын жерлерди билесиз. Бизлерге жол көрсетесиз.
32. Егер бизлер менен бирге барсаңыз, Жаратқан Ийениң ислейтуғын барлық жақсылықларын сиз бенен де бөлисемиз.
33. Израиллылар Жаратқан Ийениң таўынан шығып, үш күнлик жол жүрди. Қоныслайтуғын жерди табыў ушын Жаратқан Ийениң Келисим сандығы олардың алдында жүрип барды.
34. Қоныс басқан жерден жолға шыққанда, Жаратқан Ийениң булты күн бойы олардың үстинде болды.
35. Келисим сандығы жолға шыққанда, Муўса былай деп айтатуғын еди: «Тур, Жаратқан Ийе! Тарап кетсин душпанларың жән-жаққа, Сени жек көретуғынлар алдыңнан қашып кетсин!»
36. Келисим сандығы тоқтағанда болса, Муўса былай деп айтатуғын еди: «Қайт, мың-мыңлаған Израил халқының Жаратқан Ийеси!»
1. Сол ўақытлары халық қатты налый баслады. Жаратқан Ийе буны еситип, ғәзепленди ҳәм оларға от жиберип, орданың шетлерин жағып жоқ қылып жиберди.
2. Сонда халық Муўсаға жалбарынды. Муўса Жаратқан Ийеге дуўа еткенде, от сөнди.
3. Жаратқан Ийениң жиберген оты олардың арасында жанғаны ушын, сол жер Табера деп аталды.
4. Израил халқының арасындағы басқа миллетлерден топланған тәртипсиз адамлар нәпсиқаўлыққа бериле баслады. Израиллылар да оларға қосылып, былай деп зарлай баслады: «Қәне енди, жеўге гөш болғанда ма еди!
5. Мысырда тегинге жеген балық, қыяр, ғарбыз, көк пияз, домалақ пияз ҳәм сарымсақлар еле ядымызда.
6. Енди болса, диңкемиз қурыған. Мына маннадан басқа жейтуғын ҳеш нәрсе көргенимиз жоқ».
7. Манна кинза туқымындай болып, реңи ақшыл сары еди.
8. Халық далаға шығып, оны жыйнап алатуғын еди ҳәм оны дигирманға тартып ямаса келиге түйетуғын еди. Оны қазанда қайнатып, гүлше нан писиретуғын еди. Буның дәми зәйтүн майы қосылған нанға уқсас еди.
9. Түнде ордаға шық түскенде, манна да бирге жаўатуғын еди.
10. Муўса халықтың, ҳәр бир тийредеги адамлардың өз шатырларының алдында турып, дад салып атырғанын еситти. Жаратқан Ийе буған қатты ғәзепленди. Муўса да буған қапа болған еди.
11. Сонда Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Қулыңа не ушын бундай жаманлықты раўа көрдиң? Не ушын Өз мийримиңди меннен аяп, бул халықтың жүгин маған жүкледиң?
12. Пүткил бул халыққа жүкли болған мен бе едим? Оларды мен туўған ба едим? Болмаса, не себептен Сен маған: «Бала бағыўшының емизиўли баланы алып жүргениндей, оларды ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерге қолларыңда көтерип алып бар», – деп айтып атырсаң?
13. Бул халық маған: «Бизлерге жейтуғын гөш бер», – деп қоймай атыр. Олардың барлығына беретуғын гөшти қай жерден аламан?
14. Бул халықтың барлығын бир өзим жетелеп алып жүре алмайман, себеби олар мен ушын аўыр жүк болады.
15. Егер маған усылай ислемекши болсаң, онда мени өлтир. Егер де Сениң мийримиңе ерискен болсам, онда басыма түскен бул аўырманлықты көрмейин.
16. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Маған Израил ақсақалларынан жетпис адамды жыйнап бер. Олар өзиң басшы ҳәм қадағалаўшы деп тән алғанларыңнан болсын. Оларды Ушырасыў шатырына алып келип, өзиңниң қасыңа турғыз.
17. Мен төмен түсип, сениң менен сөйлесемен. Сениң үстиңдеги Руўхтан алып, оларға да беремен. Халықтың жүгин тек ғана сен көтермеўиң ушын, олар саған жәрдем береди.
18. Халыққа былай деп айт: «Ертеңги күн ушын өзлериңизди пәклең, гөш жейсизлер. Сизлердиң: „Қәне енди, жеўге гөш болғанда ма еди, Мысырда болған ўақтымызда жақсы еди“, – деп налып, дад салғаныңызды Жаратқан Ийе еситти. Енди гөш жеўиңиз ушын, Жаратқан Ийе сизлерге гөш береди.
19. Гөшти тек ғана бир күн, еки күн, бес күн, он күн ямаса жигирма күн емес,
20. ал бир ай даўамында алқымыңызға келгенше, кеўлиңиз айнығанша жейсизлер. Себеби сизлер араңызда болып атырған Жаратқан Ийеден жүз бурдыңлар. Оның алдында Мысырдан не ушын шығып кеттик, деп налып, жыладыңлар».
21. Сонда Муўса: – Қасымдағы бул халық алты жүз мың ер адамнан ибарат. Ал Сен: «Бул халыққа бир ай даўамында жеўи ушын гөш беремен», – деп атырсаң.
22. Барлық қой-ешки, сыйырлар сойылса да, теңиздеги барлық балықлар аўланса да, оларға жетер ме екен? – деди.
23. Жаратқан Ийе оған: – Мениң қолым келте ме? Саған айтқанларым орынланатуғынын ямаса орынланбайтуғынын өз көзиң менен көресең, – деди.
24. Соннан кейин, Муўса сыртқа шығып, Жаратқан Ийениң өзине айтқанларын халыққа жеткерди. Халықтың жетпис ақсақалын жыйнап, Мухаддес шатырдың дөгерегине жайластырды.
25. Сонда Жаратқан Ийе булт ишинде түсип, Муўса менен сөйлести ҳәм Муўсаның үстиндеги Руўхтан алып, жетпис ақсақалға берди. Олар Руўхты алған ўақытта, өзгеше аўҳалға түсти. Бирақ буннан соң, бул жағдай басқа тәкирарланбады.
26. Сайланған жетпис ақсақалдың ишинде болған Элдад пенен Медад деген еки адам ордада қалып, Мухаддес шатырға келмей қалған еди. Бирақ Руўх олардың үстине түсип келип, олар да ордада өзгеше аўҳалға түсе баслаған еди.
27. Буны көрген бир жас бала Муўсаға жуўырып келип: «Элдад пенен Медад ордада өзгеше аўҳалға түсип қалды», – деп хабар жеткерди.
28. Жас ўақтынан Муўсаға жәрдемши болып киятырған Нун улы Ешуа: – Мырзам Муўса, оларды тыйып қой! – деди.
29. Бирақ Муўса: – Сен мениң ушын қызғанып атырсаң ба? Қәне енди, Жаратқан Ийениң пүткил халқы пайғамбар болса, Жаратқан Ийе олардың үстине Өз Руўхын жиберсе еди! – деди.
30. Соннан соң, Муўса менен Израилдың ақсақаллары ордаға қайтып келди.
31. Жаратқан Ийе даўыл жиберди. Даўыл теңиз тәрептен бөденелерди ушырып әкелип, орданың ҳәр тәрепине үйип таслады. Бөденелер ордадан бир күнлик жол узақлыққа дейин, жерден еки шығанақ бийикликке түсип, ушып жүрген еди.
32. Сол күни халық күни менен, түни менен ҳәм ертеңине кешке дейин бөдене жыйнады. Олардың ҳеш бири он хомерден* аз жыйнамады. Бөденелерди кептириў ушын, оларды шатырларының дөгерегине жайып қойды.
33. Бирақ халық гөшти еле аўзына алып, жеўге үлгермей-ақ, Жаратқан Ийе ғәзепленип, оларды күшли бир оба менен жазалады.
34. Сонлықтан сол жер Киброт-Ҳаттааўа* аты берилди. Өйткени ол жерге нәпсин тыя алмаған адамлар жерленген еди.
35. Халық Киброт-Ҳаттааўадан Хасеротқа көшип, сол жерде қалды.
1. Муўса Хабашстаннан болған ҳаялға үйленгени ушын, Мәриям менен Харон оған қарсы сөйледи.
2. Олар: «Жаратқан Ийе тек ғана Муўса арқалы сөйлеген бе еди? Ол бизлер арқалы да сөйлеген жоқ па еди?» – деди. Жаратқан Ийе олардың бул сөзлерин еситти.
3. Муўса жер жүзинде жасайтуғын барлық адамлардың ишинде ең кишипейил адам еди.
4. Жаратқан Ийе күтилмегенде Муўса, Харон ҳәм Мәриямға: – Үшеўиңиз Ушырасыў шатырына барың, – деди. Үшеўи де шатырға барды.
5. Жаратқан Ийе минара сыяқлы булт ишинде түсип, шатырдың кирер аўзының алдында турды ҳәм Харон менен Мәриямды шақырып алды. Олар екеўи алдыға қарай шыққанда,
6. Жаратқан Ийе оларға былай деди: – Мениң сөзлериме қулақ салың: Егер араңызда бир пайғамбар бар болса, Мен, Жаратқан Ийе Өзимди танытаман оған аян арқалы, Сөйлесемен оның менен түсинде.
7. Бирақ қулым Муўса менен булай сөйлеспеймен, Пүткил үйимдегилерге жуўапкер адам – Муўсадур.
8. Оның менен жумбақлы түрде емес, Ал жүзбе-жүз сөйлесемен ашық түрде. Ол Мениң бийнемди көреди. Сондай болса да, қулым Муўсаға қарсы сөйлеўден қорқпадыңлар ма?
9. Сонда Жаратқан Ийе оларға ғәзеплениўи менен, ол жерден кетти.
10. Булт Мухаддес шатырдан кетиўден-ақ, Мәриям тери кеселлигине шалынып, етлери қар сыяқлы түлеп кетти. Харон Мәриямға бурылып қарағанда, оның тери кеселлигине шалынғанын көрди.
11. Харон Муўсаға: – Оҳ, мырзам, илтимас ақылсызлық қылып, ислеген гүнамыз ушын жазалама.
12. Мәриям анасының қарнында-ақ денеси ширип баслаған өли нәрестеге уқсап қалмасын, – деди.
13. Муўса Жаратқан Ийеге: – Оҳ, Қудай, Мәриямға шыпа бер! – деп жалбарынды.
14. Жаратқан Ийе Муўсаға: – Егер оның әкеси жүзине түкиргенде, ол жети күн даўамында шерменде болып қалмас па еди? Оны жети күн даўамында бөлеклеп, ордадан шығарып жибериң, соннан кейин изине қайтыўына болады, – деп жуўап берди.
15. Солай етип, Мәриям жети күн даўамында бөлекленип, ордадан шығарып жиберилди, ол қайтып келгенше, халық жолға шықпады.
1. Соннан кейин, халық Хасероттан шығып, Паран шөлине барып, қоныс басты.
2. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
3. – Мен Израил халқына берип атырған Қанан жерин көзден өткериў ушын адамлар жибер. Аталарынан тараған ҳәр бир урыўдан бир басшыдан жибер.
4. Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Паран шөлинен адамларды жиберди. Булардың ҳәммеси Израил халқының басшылары еди.
5. Олардың атлары мынадай еди: Рубен урыўынан Заккур улы Шаммуа,
6. Шимон урыўынан Хорий улы Шафат,
7. Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,
8. Иссахар урыўынан Юсуп улы Игал,
9. Эфрайым урыўынан Нун улы Ҳошеа,
10. Бенямин урыўынан Рафу улы Палтий,
11. Зебулон урыўынан Содий улы Гаддиел,
12. Юсуп урыўынан, яғный Менашше урыўынан Сусий улы Гаддий,
13. Дан урыўынан Гемаллий улы Аммиел,
14. Ашер урыўынан Михаил улы Сетур,
15. Нафталий урыўынан Ўофсий улы Нахбий,
16. Гад урыўынан Махий улы Геуел.
17. Елди көзден өткериў ушын Муўсаның жиберген адамлары усылар еди. Сол ўақытта Муўса Нун улы Ҳошеаға Ешуа, деп ат берди*.
18. Муўса оларды Қанан жерин көзден өткериў ушын жиберип атырып, оларға былай деди: – Негеб арқалы жүрип, таўлы жерлерге барың.
19. Ол жерлер қандай екенин, ол жерде жасап атырған халық күшли ме, ямаса ҳәлсиз бе, олар көп пе, ямаса аз ба, билип алың.
20. Олардың жасап атырған жери жақсы ма, ямаса жаман ба, қалалары қорғансыз ба, ямаса қорғанлы ма, көриң.
21. Топырағы өнимдарлы ма, ямаса өнимсиз бе, дөгереги терекли ме, ямаса жоқ па, билип келиң. Қолыңыздан келгенинше, ол жердиң жетистирген мийўелеринен алып келиң! Сол ўақытта жүзим писиги енди басланып атырған еди.
22. Солай етип, сол адамлар жолға шығып, елди Зин шөлинен баслап, Лебо-Хаматқа жақын болған Рехобқа дейин көзден өткерди.
23. Олар Негебти кесип өтип, анақлардың Ахиман, Шешай ҳәм Талмай деген тийрелери жасап атырған Хеброн қаласына барды. Хеброн Мысырдағы Соан қаласынан жети жыл алдын қурылған еди.
24. Жансызлар Эшкол сайына жетип барғанда, ол жерден бир солқым жүзимди кесип алды. Олардан екеўи бир қада ағашқа жүзимди илдирип алып жүрди. Соның менен бирге, анар ҳәм әнжир мийўесин де алды.
25. Израиллылардың кесип алған жүзим солқымы себепли, сол сай Эшкол деп аталды.
26. Жансызлар қырық күн жерди аралап шыққаннан кейин излерине қайтты.
27. Олар Паран шөлиндеги Қадешке, Муўса менен Харонның ҳәм Израил жәмийетиниң жанына келди. Оларға ҳәм пүткил жәмийетке көрген-билгенлерин айтып, сол жердиң мийўелерин көрсетти.
28. Олар Муўсаға былай деп баянлады: – Бизлерди жиберген жерге бардық. Ол жерде шынында да сүт ҳәм пал ағып турған екен! Мине, мынаў сол жердиң мийўелеринен!
29. Бирақ ол жерде жасап атырған халық күшли, қалалары да қорғанлы ҳәм жүдә үлкен екен. Ҳәттеки, ол жерде Анақ әўладынан шыққан дәў адамларды да көрдик.
30. Амалек халқы Негебте, хет, ебус ҳәм амор халықлары таўлы үлкеде, қанан халқы теңиздиң бойында ҳәм Иордан дәрьясының жағасында жасайды екен.
31. Калеб Муўсаның алдында халықты тынышландырып: – Ол жерге барып, елди қолға киргизейик. Әлбетте, буған жетерли күшимиз бар, – деди.
32. Деген менен, оның менен бирге барған адамлар: – Бул халыққа қарсы гүресе алмаймыз, олар бизлерден гөре күшлирек, – деди.
33. Олар өзлери көзден өткерип келген ел ҳаққында израиллылардың арасында мынадай жаман мыш-мышлар тарқатып жүрди: – Бизлер көзден өткерип келген ел, ишине мәкан басатуғынларды жеп питиретуғын ел екен. Сол елде жасап атырған ҳәр бир адам бойшаң ҳәм ири.
34. Дәўлерди, дәўлердиң әўладынан болған анақларды көрдик. Олардың қасында өзлеримизди шегиртке сыяқлы сездик, оларға да сондай болып көриндик.
1. Сол түни пүткил жәмийет қатты даўыслап, дад салып жылады.
2. Пүткил Израил халқы Муўса менен Харонға наразы болып, былай деп тоңқылдай баслады: «Буннан гөре, Мысырда ямаса усы шөлде өлип кеткенимиз жақсы еди!
3. Жаратқан Ийе не ушын бизлерди усы елге алып келди? Бизлерди қылыштан өткизиў ушын ба? Бала-шағаларымыз тутқын болады. Буның орнына Мысырға қайтып кеткенимиз бизлер ушын жақсырақ емес пе?»
4. Соннан кейин, олар бир-бирине: «Өзлеримизге бир басшы сайлап алып, Мысырға қайтайық», – дести.
5. Сонда Муўса менен Харон Израил жәмийетиниң алдында ет бетинен жерге жығылды.
6. Елди аралап қайтқанлардан Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб қайғырып кийимлерин жыртты да,
7. 7пүткил Израил жәмийетине былай деди: – Бизлер көрип келген ел – жүдә жақсы жер.
8. Егер Жаратқан Ийениң бизлерге мийрими түссе, Ол бизлерди сүт ҳәм пал ағып турған сол жерге алып барады ҳәм оны бизлерге береди.
9. Тек ғана Жаратқан Ийеге қарсы шықпаңлар! Ол жерде жасап атырған халықтан қорқпаңлар! Олар бизлерге аңсат ғана олжа болады. Қорғаўшылары оларды таслап кетти, ал Жаратқан Ийе бизлер менен бирге. Олардан қорқпаңлар!
10. Деген менен, пүткил жәмийет оларды тас боран қылыўды нийет қылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты Ушырасыў шатырында пүткил Израил халқына көринди.
11. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Қашанға дейин бул халық Маған ҳүрметсизлик қылады? Олардың арасында қаншелли кәрамат көрсеткениме қарамай, қашанға дейин Маған исенбей жүреди?
12. Мен оларды иллет пенен жазалайман, мийрастан маҳрум қыламан. Ал сеннен олардан уллырақ ҳәм күшлирек бир халық дөретемен.
13. Бирақ Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Онда мысырлылар бул ҳаққында еситеди. Бул халықты Өз күшиң менен олардың арасынан алып шыққан едиң.
14. Олар Қанан жеринде жасайтуғын халыққа бул ҳаққында айтады. Жаратқан Ийе, бул халықтың арасында болып, олар менен жүзбе-жүз көрискениңнен хабары бар. Сениң бултың олардың үстинде ҳәмме ўақыт турғанын, күндиз минара сыяқлы булт ишинде, түнде минара сыяқлы от ишинде оларға жол көрсеткениңди биледи.
15. Егер бул халықты бир адам сыяқлы етип өлтирсең, Сен ҳаққында еситкен халықлар: «Жаратқан Ийе ант ишкен бул жерге Өз халқын алып келе алмағаны ушын, оларды шөлде қырып жиберди», – деп айтады
16. .
17. Енди Өз күшиңди көрсет, о, Ийем! Сен Өзиң былай деп айтқан едиң:
18. «Жаратқан Ийе болған Мен сабыр-тақатлыман, сүйиспеншилигим шексиз, айып ҳәм жынаятты кеширемен. Бирақ айыплыны жазасыз қалдырмайман, әкесиниң ислеген айыбының жазасын үшинши ҳәм төртинши әўладларынан талап қыламан».
19. Мысырдан шыққаннан баслап, бүгинги күнге дейин бул халықты кеширип келдиң. Енди Өзиңниң уллы сүйиспеншилигиңе сай олардың айыпларын кешире гөр.
20. Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди: – Сениң тилегиңе бола оларды кеширемен.
21. Деген менен, мәңги бар болған Мен жер жүзин толтырып турған уллылығым менен ант ишемен:
22. уллылығымды, Мысырда ҳәм шөлде көрсеткен кәраматларымды көрсе де, Мени он мәрте сынаған, сөзиме қулақ аспаған бул адамлардың ҳеш бири
23. Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди көрмейди. Маған ҳүрметсизлик қылғанлардың ҳеш бири ол жерди көрмейди.
24. Бирақ қулым Калеб басқаларға уқсамайды, ол пүткил жүреги менен Маған ерди. Соның ушын, Мен оны өзи аралап, көзден өткерип қайтқан елге алып бараман. Оның әўлады сол жерди ийелеп алады.
25. Амалек пенен қанан халықлары усы ойпатлықларда жасайды. Соның ушын, сизлер ертең артыңызға қайтып, Қамыс теңизине қарай жүриңлер, шөлге барыңлар.
26. Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
27. – Мына жаўыз жәмийет қашанға дейин Маған наразы болып, тоңқылдайды? Маған қарсы сөйлеген Израил халқының налыўын еситтим.
28. Оларға Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Мәңги бар болған Мен ант ишемен: айтқан сөзлериңизди сөзсиз өзлериңиздиң басыңызға саламан.
29. Өликлериңиз усы шөлде қалады. Маған наразы болып, тоңқылдағанлардың ҳәммеси – есаптан өткен жигирма ҳәм оннан жоқары жастағылар усы шөлде өледи.
30. Сизлердиң қоныслаўыңызға ант ишкен елге Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш ким кирмейди.
31. Бирақ сизлердиң тутқын болады, деп айтқан балаларыңызды сол жерге киргиземен. Сизлер бас тартқан сол елди балаларыңыз көретуғын болады.
32. Сизлердиң өликлериңиз болса усы шөлде қалып кетеди.
33. Ҳәммеңиз өлип кетемен дегенше, балаларыңыз шөлде қырық жыл шопанлық қылады ҳәм сизлердиң опасызлығыңыз себепли, олар азап шегеди.
34. Сизлер елди қырық күн даўамында аралап шыққан едиңлер. Енди ҳәр бир күн ушын бир жылдан қырық жыл айыбыңыздың жазасын тартасызлар. Сонда Мениң сизлерден жүз бурғанымды билип аласызлар!»
35. Мен, Жаратқан Ийе айтқанымдай, Маған қарсы жыйналған бул жаўыз жәмийетке буларды сөзсиз ислеймен. Олар усы шөлде қырылып, өлип кетеди.
36. Муўсаның елди көзден өткерип қайтыўға жиберген адамлары қайтып келип, ел ҳаққында жаман хабар тарқатыўы пүткил жәмийеттиң Жаратқан Ийеге наразы болыўына себеп болған еди.
37. Сол ел ҳаққында жаман хабар таратқан бул адамлар Жаратқан Ийениң алдында оба кеселлигине шалынып қайтыс болды.
38. Елди аралаў ушын кеткен жансызлардан тек ғана Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб тири қалды.
39. Муўса Жаратқан Ийениң сөзлерин пүткил Израил халқына айтқанда, халық терең қайғыға батты.
40. Ертеңине азанда олар таўлы үлкениң жоқарысына шығып баратырып, былай деди: – Аўа, бизлер гүна ислегенимизди мойынлаймыз. Мине, енди Жаратқан Ийениң ўәде қылған жерине барыўға таярмыз.
41. Деген менен, Муўса: – Не ушын Жаратқан Ийениң буйрығына және қарсы шығып атырсызлар? Буның менен ҳеш нәрсеге ерисе алмайсызлар.
42. Саўашқа шықпаңлар, өйткени Жаратқан Ийе сизлер менен бирге емес. Душпанларыңыздың алдында жеңилиске ушырайсызлар.
43. Амалек ҳәм қанан халықлары ол жерде сизлерге қарсылық көрсетеди ҳәм сизлерди қылыш жүзинен өткереди. Өйткени Жаратқан Ийениң изинен жүриўден бас тарттыңлар. Жаратқан Ийе де сизлер менен бирге болмайды.
44. Солай болса да, израиллылар өзлериниң айтқанынан қалмай, таўлы үлкениң жоқарысына шықты. Жаратқан Ийениң Келисим сандығы менен Муўса ордада қалды.
45. Таўлы үлкеде жасайтуғын амалек пенен қанан халықлары оларға қарсы ҳүжим қылды ҳәм оларды Хорма қаласына дейин қуўып, тас-талқан қылды.
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Израил халқына былай деп айт: «Мәкан етиўиңиз ушын сизлерге беретуғын елге киргениңизде,
3. жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық, ықтыярлы қурбанлық ямаса байрамларда усынылатуғын қурбанлық етип ири ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге усыныңлар. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
4. Қурбанлық усынатуғын адам Жаратқан Ийеге ғәлле садақасы ушын төрттен бир ҳин зәйтүн майы менен араластырылған оннан бир эфа сапалы ун да алып келсин.
5. Және де, жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық пенен бирге ҳәр бир тоқлыға ишимлик садақасы етип төрттен бир ҳин шарап та усыныўы тийис.
6. Егер қошқарды қурбанлық етип берсеңиз, ғәлле садақасы ушын үштен бир ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан еки эфа сапалы ун
7. ҳәм ишимлик садақасы ушын үштен бир ҳин шарап усының. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
8. Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығы ушын бир буға алып келгениңизде,
9. буға менен бирге ғәлле садақасы ушын ярым ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун усының.
10. Соның менен бирге, ишимлик садақасы ушын ярым ҳин шарап усының. Бул қурбанлық Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
11. Солай етип буға, қошқар, ылақ ямаса тоқлы қурбанлық қылынғанда, усы садақалар менен қоса усынылсын.
12. Қанша ҳайўан қурбанлық қылмақшы болсаңыз да, олардың ҳәр бири ушын белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын қосып усыныўыңыз тийис.
13. Израиллы болған ҳәр бир адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый етип, қурбанлық алып келгенде, ол усы айтылғанларға әмел қылыўы тийис.
14. Егер сизлердиң араңызда ўақтынша жасап атырған келгинди ямаса узақ ўақыт жасап атырған жат жерли адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, бир қурбанлық алып келсе, ол да усы қағыйдаларға әмел қылыўы тийис.
15. Сизлер ушын да, араңызда жасап атырған келгинди адам ушын да жәмийет анық усы қағыйдаларды қоллансын. Бул келешек әўладларыңыз ушын да мәңги қағыйда болсын. Жаратқан Ийениң алдында сизлер де, сизлердиң араңызда жасап атырған келгинди де бирдей»
16. .
17. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
18. – Израил халқына былай деп айт: «Сизлерди алып баратырған елге киргениңизден кейин,
19. сол елдиң нанынан жегениңизде, нанның бир бөлегин ажыратып, Маған усының.
20. Қырманыңыздың биринши өниминен ажыратылған садақа сыяқлы қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған шөректи ажыратып усының.
21. Қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған бул садақаны әўладлар даўамында Жаратқан Ийеге усының».
22. «Егер бириңиз билместен гүна ислеп, Жаратқан Ийениң мен арқалы берген буйрықларының бирине – Жаратқан Ийениң буйрық берген күнинен баслап,
23. әўладлар бойы әмел қылмасаңыз
24. ҳәм жәмийет бул қәтеге билместен жол қойған болса, пүткил жәмийет Жаратқан Ийеге хош ийисли сый усыныў ушын, бир буғаны жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Олар буға менен бирге белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақасын берсин. Соның менен бирге, гүна қурбанлығы ушын бир теке алып келсин.
25. Солай етип, руўханий пүткил Израил жәмийетиниң гүнасы ушын қун төлеў рәсимин өткереди ҳәм олардың гүнасы кешириледи. Себеби олар билместен гүна ислеген еди ҳәм бул ушын Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық ҳәм гүна қурбанлықларын усынған болады.
26. Пүткил Израил жәмийети де, араңызда жасап атырған келгинди де кешириледи. Өйткени халық билместен усы гүнаны иследи.
27. Егер бир адам билместен гүна ислеп қойса, ол гүна қурбанлығы ушын бир жасар ешки алып келсин.
28. Руўханий Жаратқан Ийениң алдында сол адамның пәклениўи ушын гүнаның қунын төлеў рәсимин өткерсин. Бул рәсим өткерилгенде, сол адамның гүнасы кешириледи.
29. Билместен гүна ислеп қойған израиллы ушын да, араңызда жасап атырған келгинди ушын да усы нызамды қолланыўыңыз тийис.
30. Израиллы ямаса келгинди бир адам билип турып гүна ислесе, Жаратқан Ийеге тил тийгизген болады. Бундай адам Израил халқының арасынан жоқ қылынсын.
31. Ол Жаратқан Ийениң сөзлерин писент етпей, буйрықларына қарсы шыққаны ушын, ол адам халқының арасынан сөзсиз жоқ қылынсын. Оның гүнасы өз мойнында қалады».
32. Бир күни израиллылар шөлде жүрген ўақытта бир адам дем алыс күни болған Шаббат күни отын жыйнап жүрген жеринен услап алынды.
33. Отын жыйнап жүрген адамды услап алған адамлар оны Муўса менен Харонның ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына алып келди.
34. Сол адамға қандай шара қолланылыўы кереклиги анық болмағанлықтан, оны қамап қойды.
35. Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Ол адам сөзсиз өлтирилсин. Пүткил жәмийет оны орданың сыртына алып шығып, тас боран қылсын, – деди.
36. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, жәмийет сол адамды орданың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди.
37. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
38. – Израил халқына былай деп айт: «Әўладларыңыз даўамында кийимиңиздиң етеклерине шашақ тиктирип қойың. Ҳәр бир шашаққа қызғыш көк жип қосып исленсин.
39. Усы шашақлар сизлерге Мениң, яғный Жаратқан Ийениң буйрықларын еслетип турады. Солай етип, буларды көргениңизде, буйрықларыма әмел қылып, жүрегиңиздиң ҳәм көзиңиздиң қәлеўлерине ерип кетпей, опасызлық қылмайсызлар.
40. Сонда сизлер пүткил буйрықларымды ядыңызда тутып, Қудайыңыз ушын мухаддес боласызлар.
41. Мен Қудайыңыз болыў ушын сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
1. Лебий урыўының Қоҳат тийресинен болған Исҳар улы Қорах, Рубен урыўынан Элиабтың уллары Датан менен Абирам ҳәм Пелет улы Он биригип, Муўсаға қарсы көтерилис қылды. Жәмийет сайлаған Израил халқының абырайлы еки жүз елиў басшысы да оларға қосылды
2. .
3. Олар биргеликте Муўса менен Харонның алдына барып: – Сизлер жүдә ҳәддиңизден асып кеттиңиз! Ҳәммемиз Жаратқан Ийениң мухаддес жәмийетиниң ағзалары емеспиз бе? Ол ҳәммемиздиң арамызда жасайды. Солай екен, сизлер не ушын өзлериңизди Жаратқан Ийениң жәмийетинен үстем қоясызлар? – деди.
4. Буны еситкен Муўса Жаратқан Ийениң алдында ет бетинен жерге жығылды.
5. Кейин ол Қорах ҳәм оның шериклерине былай деди: – Азанда Жаратқан Ийе кимди Өзине бағышлап алғанын көрсетеди. Жаратқан Ийе кимди таңлаған болса, сол адамды Өз дәргайына жақынластырады+.
6. Ҳәй, Қорах, сен өз шериклериң менен бирге түтетки түтетилетуғын ыдысларыңызды алың.
7. Ертең Жаратқан Ийениң алдында ыдысларыңызға от салып, үстине түтеткиңизди қойың. Сонда Жаратқан Ийе кимди таңласа, сол адамды Өзине бағышлап алғаны. Ҳәй, лебийлилер, сизлер ҳәддиңизден асып кеттиңиз!
8. Муўса Қорахқа айтып атырған сөзин былай деп даўам етти: – Ҳәй, лебийлилер, маған қулақ салың!
9. Израилдың Қудайы сизлерди Израил халқы арасынан айырып алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырындағы хызметти орынлаўыңыз ушын, Өзине жақынластырды. Және де, жәмийеттиң алдында турып, оларға хызмет етиўиңиз ушын сизлерди таңлап алды, булардың барлығы сизлерге азлық қылды ма?
10. Қорах, Жаратқан Ийе сени ҳәм пүткил лебийли туўысқанларыңды Өзине жақынластырған болса, бул жетпегендей, енди сизлер руўханийликти де қәлеп атырсызлар ма?
11. Ҳәй, Қорах, сениң ҳәм шериклериңниң бундай етип жыйналыўы Харонға емес, ал Жаратқан Ийеге қарсы шығыўыңызды билдиреди.
12. Соннан кейин, Муўса Элиабтың уллары Датан менен Абирамды шақыртты. Бирақ олар: – Бармаймыз.
13. Сен бизлерди шөлде өлтириў ушын сүт ҳәм пал ағып турған елден алып шықтың. Бул жетпегендей, бизлердиң үстимизден бийлик қылмақшысаң ба?
14. Сен бизлерди сүт ҳәм пал ағып турған елге әкелмедиң, бизлерге мүлик етип атыз ҳәм жүзим бағларын да бермедиң. Бизлердиң көзимизди байламақшымысаң? Яқ, сениң алдыңа бармаймыз, – деди.
15. Муўса қатты ашыўланып, Жаратқан Ийеге: – Олардың садақаларын қабыл етпе. Мен олардан бир ешек те алған жоқпан, олардың ҳеш бирине жаманлық қылған жоқпан, – деди.
16. Кейин Муўса Қорахқа: – Ертең сен барлық шериклериң менен бирге Жаратқан Ийениң алдына кел. Харон да усы жерде болады.
17. Ҳәр бириңиз бир түтетки түтетилетуғын ыдыстан, барлығы болып еки жүз елиў ыдыс алып келип, ишине хош ийисли түтетки салың. Сен де өз ыдысыңды алып кел, Харон да өзиникин алып келеди, – деди.
18. Солай етип, олардың ҳәр бири ишине от ҳәм түтетки салып, өз ыдысларын алып келди. Кейин олар Муўса ҳәм Харон менен бирге Ушырасыў шатырының алдына келип турды.
19. Қорах пүткил жәмийетти Муўса менен Харонның қасына, Ушырасыў шатырының алдына жыйнағанда, Жаратқан Ийениң салтанаты ҳәммеге көринди.
20. Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
21. – Мына жәмийеттиң арасынан шетке шығың, Мен оларды көзди ашып- жумғанша жоқ қылып жиберемен.
22. Муўса менен Харон ет бетинен жерге жығылып: – Қудай, пүткил тири жанның Қудайы! Бир адам гүна иследи деп, пүткил жәмийетке ғәзепленесең бе? – деди.
23. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24. – Жәмийетке: «Қорахтың, Датанның ҳәм Абирамның шатырларынан узақласың», – деп айт.
25. Муўса Датан менен Абирамның қасына барды. Израил ақсақаллары да Муўсаның изине ерди.
26. Муўса жәмийетке қарата: – Бул жаман адамлардың шатырларынан узақласың! Олардың ҳеш бир затына қол тийгизбең. Болмаса, олардың гүнасы себепли, сизлер де жоқ боласызлар, – деди.
27. Солай етип, жәмийет Қорах, Датан ҳәм Абирамның шатырларынан узақласып турды. Датан менен Абирам ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге сыртқа шығып, шатырларының алдында турған еди.
28. Сонда Муўса былай деди: – Булардың барлығын ислеўим ушын Жаратқан Ийениң мени жибергенин, мен өзлигимнен бир нәрсе де ислемегенимди мынадан билип аласызлар:
29. егер де бул адамлар өз әжели менен, ҳәмме адамлардың басына түсетуғын өлим менен өлсе, онда билип қойың, Жаратқан Ийе мени жибермеген болады.
30. Бирақ Жаратқан Ийе әдеттен тыс бир нәрсе ислесе, жер жарылып, оларды ҳәм оларға тийисли ҳәр бир затты жутса ҳәм олар өлилер мәканына тирилей кирип кетсе, онда бул адамлардың Жаратқан Ийеге ҳүрметсизлик қылғанын билип аласызлар.
31. Муўса усы сөзлерин айтып болар-болмастан, Датан ҳәм Абирамның аяқ астындағы жер жарылып кетти.
32. Жер жарылып, оларды, олардың шаңарақларын, Қорахтың шериклери менен мал-мүликлерин жутып жиберди.
33. Солай етип, олар бар мал-мүлки менен бирге тирилей өлилер мәканына кирип кетти. Жер жаўылып, олардың үстин қаплап таслады ҳәм олар жәмийеттиң арасынан жоқ қылынды.
34. Олардың бақырысқан даўысларын еситкен әтираптағы израиллылар: «Жер бизлерди де жутып жибермесин!» – деп жән-жаққа қашып кетти.
35. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң жиберген оты хош ийисли затларды түтетип турған еки жүз елиў адамды жағып, жоқ қылып жиберди.
36. Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
37. – Харонның улы руўханий Элазарға түтетки түтетилетуғын ыдысларды күлдиң ишинен алып шығыўын ҳәм ишиндеги шоқларды орданың бир шетине төгиўин айт. Себеби түтетки ыдыслар мухаддес.
38. Ислеген гүналары ушын өлтирилген бул адамлардың түтетки ыдысларын шөккишлеп жалпайтың да, қурбанлық орынды усылар менен қаплаң. Ыдыслар Жаратқан Ийеге усынылғаны ушын мухаддес. Булар израиллылар ушын ескертетуғын бир белги болсын.
39. Солай етип, руўханий Элазар жанып өлген адамлардың алып келген түтетки түтетилетуғын қола ыдысларын жыйнап алды. Олар ыдысларды қурбанлық орынды қаплаў ушын шөккишлеп жалпайтып шықты.
40. Бул израиллыларға Харонның әўладынан басқа ҳеш кимниң Жаратқан Ийениң алдына шығып, хош ийисли түтетки түтетиўге болмайтуғынын, болмаса сондай ислеген адам Қорах пенен оның шериклери сыяқлы болатуғынын ескертип туратуғын еди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай етип исленди.
41. Ертеңине пүткил Израил жәмийети Муўса менен Харонға наразы болып: «Жаратқан Ийениң халқын сизлер өлтирдиңлер», – деп тоңқылдай баслады.
42. Израил жәмийети Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, Ушырасыў шатырына қарай туўры бурылып қарағанда, шатырды булт қаплады ҳәм Жаратқан Ийениң салтанаты көринди.
43. Сонда Муўса менен Харон Ушырасыў шатырының алдына келди.
44. Жаратқан Ийе Муўсаға:
45. – Бул жәмийеттиң арасынан шетке шығың ҳәм Мен оларды көзди ашып-жумғанша жоқ қылып жиберемен, – деди. Сонда Муўса менен Харон ет бетинен жерге жығылды.
46. Соннан кейин, Муўса Харонға: – Түтетки ыдысын алып, ишине қурбанлық орыннан шоқ сал, оттың үстине хош ийисли түтетки қой. Қунын өтеў ушын дәрҳал жәмийетке бар. Себеби Жаратқан Ийе ғәзебин шашып атыр. Ал халыққа өлтиретуғын оба тарқалып баслады, – деди.
47. Харон Муўсаның айтқанларын орынлап, түтетки ыдысын алды да, жәмийеттиң ортасына жуўырып барды. Халықтың арасында набыт қылатуғын кеселлик басланған еди. Харон хош ийисли түтетки усынып, жәмийеттиң қунын өтеди.
48. Ол тирилер менен өлилердиң арасында турғанда, набыт қылатуғын кеселлик тоқтады.
49. Ал Қорах себепли өлгенлерден тысқары, набыт қылатуғын кеселликтен өлгенлердиң саны он төрт мың жети жүз адам болды.
50. Набыт қылатуғын кеселлик тоқтағаннан кейин, Харон Ушырасыў шатырының алдында турған Муўсаның жанына қайтты.
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Израил халқына ҳәр бир урыў көсеми ушын бир данадан он еки таяқ алып келиўин буйыр. Ҳәр бир урыў басшысының атын өз таяғының үстине жаз.
3. Лебий урыўына тийисли таяқтың үстине Харонның атын жаз. Ҳәр бир урыў басшысы ушын бир таяқтан болыўы тийис.
4. Таяқларды Ушырасыў шатырындағы Мен сизлер менен ушырасатуғын орынның, Келисим сандығының алдына қой.
5. Мен таңлап алатуғын адамның таяғы бөртик шығарады. Солай етип, Израил халқының сизлерге қарсы шығып, наразы болып, тоңқылдаўларына шек қояман.
6. Муўса айтылғанларды Израил халқына жеткерди. Халықтың көсемлери ҳәр бир урыў ушын бир данадан он еки таяқ алып келди. Харонның таяғы да солардың ишинде еди.
7. Муўса таяқларды буйрықлар қойылған шатырға, Жаратқан Ийениң алдына қойды.
8. Муўса ертеңине шатырға кирип қараса, Лебий урыўы ушын алып келинген Харонның таяғы бөртик шығарып ғана қоймай, ол гүллеп, бадам жемисин де берген екен.
9. Муўса барлық таяқларды Жаратқан Ийениң алдынан алып шығып, Израил халқына көрсетти. Халық таяқларды қарастырып, ҳәр бири өзлерине тийисли таяқты алды.
10. Жаратқан Ийе Муўсаға: – Көтерилисшилерге ескертиў болыўы ушын, Харонның таяғын Келисим сандығының алдына қайтадан апарып қой. Усылайынша, сен көтерилислерин тоқтатып, олардың өлип кетиўине жол қоймайсаң, – деди.
11. Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай етип орынлады.
12. Израиллылар Муўсаға: – Өлип кетемиз! Қырылып кетемиз! Ҳәммемиз қырылып кетемиз!
13. Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына жақынласқан ҳәр бир адам өледи. Енди ҳәммемиз қырылып кетемиз бе? – деди.
1. Жаратқан Ийе Харонға былай деди: – Сен, улларың ҳәм пүткил Лебий урыўы Мухаддес мәканға қарсы исленген гүнаға жуўапкер боласызлар. Ал руўханийлик хызметиңизге байланыслы гүна ушын тек ғана сен ҳәм улларың жуўапкер боласызлар.
2. Сен ҳәм улларың буйрықлар қойылған шатырдың алдында хызмет еткениңизде, бабаңыз Лебийдиң әўладынан болған туўысқанларыңыз да сизлерге жәрдем беретуғын болсын.
3. Олар сениң жуўапкершилигиң астында Мухаддес шатырға тийисли хызметлерди орынласын. Бирақ олар мухаддес жердиң буйымларына ямаса қурбанлық орынға жақынламасын, болмаса олар да, сизлер де өлип қаласызлар.
4. Олар сениң менен бирге Ушырасыў шатырына байланыслы барлық ўазыйпаларды орынласын. Лебийлилерден басқа ҳеш бир адам сизлер менен бирге хызмет қылмасын.
5. Ендигиден былай, Израил халқына қәҳәрленбеўим ушын, Мухаддес жерде ҳәм қурбанлық орында тек ғана сизлер хызмет қыласызлар.
6. Мен израиллылар арасынан лебийли туўысқанларыңызды сизлерге жәрдемши қылып, таңлап алдым. Ушырасыў шатырына байланыслы хызметти орынлаўы ушын, олар Маған бағышланған.
7. Деген менен, қурбанлық орындағы ҳәм пердениң артындағы Ең мухаддес бөлмеге байланыслы руўханийлик хызметти тек ғана сен өз улларың менен орынлайсаң. Руўханийлик хызметти саған сый қылып бердим. Сеннен басқа ким де ким ол жерге жақынласа, ол өлтирилсин.
8. Жаратқан Ийе Харон менен болған сәўбетин былай деп даўам етти: – Израил халқының Маған ажыратқан мухаддес сыйларын бақлаўды саған тапсырдым. Буларды сизлердиң руўханийлик хызметиңиз ушын саған ҳәм улларыңа мәңгиге пай қылып бердим.
9. Қурбанлық орында Маған усынылған ең мухаддес садақалар, яғный ғәлле садақасының, гүна ҳәм айып қурбанлықларының жандырылмайтуғын бөлеклери, саған ҳәм сениң улларыңа тийисли болады.
10. Буларды ең мухаддес зат сыпатында жеўиңиз тийис, себеби булар жүдә мухаддес. Бул садақа ҳәм қурбанлықлардан тек ғана еркек адамлардың жеўине болады.
11. Және де, мыналар да саған тийисли болады: израиллылардың алып келген жоқары көтерип усынатуғын сыйларынан ажыратқан бөлеклерин саған ҳәм сениң ул-қызларыңа мәңгиге пай қылып бердим. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк адам булардан жеўине болады.
12. Олардың Маған, Жаратқан Ийеге алып келген дәслепки өнимлерин – зәйтүн майының, таза шараптың ҳәм ғәллениң ең сапалы бөлегин сизлерге бердим.
13. Елде жетистирилген дәслепки зүрәәтлерден Маған, Жаратқан Ийеге алып келингенлердиң ҳәммеси сизлерге тийисли. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк болған адам олардан жеўине болады.
14. Израилда Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир зат сизлердики болады.
15. Израил халқының Маған алып келген адамлардың да, маллардың да қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммеси сизлердики болады. Бирақ адамлардың ҳәм ҳарам есапланған ҳайўанлардың биринши туўылған баласы ушын қун алыўың керек.
16. Биринши туўылған ул бир айлық болғанда, оның қуны ушын бес шекел аласаң. Ҳәр бир шекел Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан болсын.
17. Бирақ сыйырдың, қойдың ҳәм ешкиниң биринши туўылған төли ушын қун алмайсаң. Олар Мен ушын арналған. Олардың қанларын қурбанлық орынға серпип, майларын Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жибересең.
18. Булардың жоқары көтерип усынылған төси ҳәм оң саны сеники болғаны сыяқлы, гөши де сеники болады.
19. Израиллылардың Маған ажыратып усынған мухаддес сыйларының барлығын саған ҳәм ул-қызларыңа мәңгиге пай етип беремен. Бул сен ҳәм сениң әўладың ушын берилген Мениң мәңги бузылмас келисимим болады.
20. Кейин Жаратқан Ийе Харонға және былай деди: – Халықтың арасында сизлердиң үлес жериңиз болмайды, олардың арасында ҳеш қандай пайыңыз болмайды. Сизлердиң израиллылар арасындағы пайыңыз ҳәм үлесиңиз Мен боламан.
21. Лебийлилердиң Ушырасыў шатырындағы жумысы ушын, Израилда жыйналатуғын барлық үсирлерди оларға пай қылып беремен.
22. Буннан былай израиллылар Ушырасыў шатырына жақын келмесин. Болмаса, олар сол гүнаның жазасын тартып өледи.
23. Ушырасыў шатырына тийисли жумысты лебийлилер ислейди, шатырға қарсы исленген ҳәр қандай айыпқа олар жуўапкер болады. Бул келешек әўладларыңыз бойынша мәңги қағыйда болсын. Израиллылардың арасында лебийлилердиң жер үлеси болмайды.
24. Буның орнына Мен лебийлилерге израиллылардың Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып берген үсирлерин үлес қылып беремен. Соның ушын, Мен: «Израиллылардың арасында лебийлилердиң үлес жери болмайды», – деп айтқан едим.
25. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
26. – Лебийлилерге мынаны айт: «Мениң үлес қылып сизлерге берген үсирлерди израиллылардан алғаныңызда, алған үсирлердиң оннан бирин шығарып, Маған, Жаратқан Ийеге сый қылып бериң.
27. Мен сизлердиң бул сыйыңызды қырманнан әкелинген ғәлле ҳәм жүзим сығатуғын шуқырдан әкелинген шарап сыпатында қабыллайман.
28. Усылай етип, сизлер израиллылардан алған барлық үсирлерден оннан бир шығарып, Жаратқан Ийеге сый қылып бересизлер. Усы сыйды руўханий Харонға әкелип бериң.
29. Сизлерге берилген барлық сыйлардың ең жақсысын, ең мухаддесин ажыратып, Жаратқан Ийеге бериңлер».
30. Лебийлилерге және былай деп айт: «Сыйлардың ең жақсысын Жаратқан Ийеге ажыратқаныңыздан кейин, қалғаны өз қырманыңыздан болған өним ямаса шарап өнимиңиз сыпатында өзлериңизге қалады.
31. Буны сизлер шаңарағыңыз бенен қәлеген жерде жеўиңизге болады. Себеби бул – сизлердиң Ушырасыў шатырында ислеген хызметиңиз ушын берилген төлем.
32. Егер оннан бирден ең жақсысын Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып усынсаңыз, өзлериңизге гүна жүклемейсизлер. Өлип қалмаўыңыз ушын, израиллылардың усынған мухаддес садақаларын ҳарамламаңлар».
1. Биринши айда Израил халқының пүткил жәмийети Зин шөлине жетип барып, Қадешке орналасты. Мәриям сол жерде қайтыс болып, жерленди.
2. Ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди. Сол себепли олар Муўса менен Харонға қарсы жыйналып,
3. Муўса менен даўласып, былай деди: – Туўысқанларымыз Жаратқан Ийениң алдында өлген ўақытта, бизлер де олар менен бирге өлип кеткенимиз жақсы еди!
4. Жаратқан Ийениң жәмийетин бул шөлге не ушын алып келдиң? Бизлер ҳайўанларымыз бенен бирге өлиўимиз ушын ба?
5. Не ушын бизлерди усы жаман жерге алып келиў ушын Мысырдан алып шықтың? Бул жердиң егислиги де, әнжири де, жүзими де, анары да жоқ. Ҳәттеки, ишетуғын суўы да жоқ!
6. Муўса менен Харон жәмийеттиң алдынан кетип, Ушырасыў шатырының алдына барды да, ол жерде ет бетинен жерге жығылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты оларға көринди.
7. Жаратқан Ийе Муўсаға: – Таяғыңды ал. Әжағаң Харон менен бирге жәмийетти бир жерге жыйнаң. Кейин жәмийеттиң көз алдында суў атлығып шығыўы ушын, жартасқа буйрық бериң. Сонда сен жартастан суў шығарып, оларға да, ҳайўанларына да суў бересең, – деди
8. .
9. Муўса өзине берилген буйрық бойынша Жаратқан Ийениң дәргайындағы таяқты алып,
10. Харон менен бирге жәмийетти жартастың алдына жыйнады. Муўса оларға: – Ҳәй, көтерилисшилер, маған қулақ салыңлар! Мына жартастан сизлерге суў шығарып берейик пе? – деди.
11. Соннан кейин, Муўса қолындағы таяғын көтерип, жартасқа еки мәрте урды. Сонда жартастан суў атлығып шықты ҳәм пүткил жәмийет те, ҳайўанлары да оннан суў ишти.
12. Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: – Израиллылардың көз алдында Мениң мухаддеслигиме ҳүрмет көрсетпей, Маған исенбедиңлер. Соның ушын, Мен бул жәмийетке беретуғын елге оларды сизлер алып бармайсызлар.
13. Израил халқы Жаратқан Ийеге қарсы шығып, даўласқан сол жер Мериба суўлары деп аталды. Усы жерде Жаратқан Ийе оларға Өз мухаддеслигин көрсетти.
14. Муўса Қадештен Эдом патшасына елшилер арқалы мынадай хабар жиберди: «Туўысқаның болған Израил халқы былай деп айтып атыр: Басымызға түскен барлық қыйыншылықлардан хабарың бар.
15. Ата- бабаларымыз Мысыр жерине барып қоныс басты ҳәм сол жерде узақ ўақыт даўамында жасадық. Мысырлылар ата-бабаларымызға да, бизлерге де зулымлық қылды.
16. Бирақ бизлер Жаратқан Ийеге жалбарынғанымызда, Ол периштесин жиберип, бизлерди Мысырдан алып шықты. Мине, енди бизлер сениң шегараңа жақын жердеги Қадеш қаласында турыппыз.
17. Бизлерге елиң арқалы өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Сизлердиң егин атызларыңызға, жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм қудықларыңыздан суў ишпеймиз. Елиңиз арқалы өткенде, оңға да, шепке де бурылмай, тек ғана Патша жолы деген үлкен жолдан жүрип, жолымызды даўам етемиз».
18. Бирақ Эдом патшасы: «Елим арқалы өтпейсизлер! Болмаса, сизлерге қарсы қылыш көтеремиз», – деп жуўап берди.
19. Сонда израиллылар оған: «Бизлер үлкен жолдан жүрип, өтип кетемиз. Егер бизлер ямаса ҳайўанларымыз суўыңнан ишсек, оның ҳақысын төлеймиз. Бизлер тек бары-жоғы елиңиз арқалы өтип кетемиз», – деп илтимас қылды.
20. Деген менен, Эдом патшасы оларға және: «Өтпейсизлер!» – деп жуўап берди. Соннан кейин, эдомлылар израиллыларға қарсы жүрис қылыў ушын, көп санлы ҳәм күшли ләшкерлери менен жолға шықты.
21. Эдом патшасы елинен өтиўине рухсат бермегеннен соң, израиллылар артқа бурылып, айланып өтиў ушын, оннан узақласты.
22. Пүткил Израил жәмийети Қадештен шығып, Ҳор таўына келди.
23. Жаратқан Ийе Эдом шегарасындағы Ҳор таўында Муўса менен Харонға былай деди:
24. – Харон өлип, өз ата-бабаларына қосылады. Ол Мен Израил халқына беретуғын елге кирмейди. Өйткени екеўиңиз Мериба суўлары жанында Мениң буйрығыма қарсы шықтыңлар.
25. Енди сен Харон менен оның улы Элазарды Ҳор таўына алып шық.
26. Харонның руўханийлик кийимлерин шешип алып, оларды улы Элазарға кийгиз. Харон ол жерде өлип, ата- бабаларына қосылады.
27. Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды. Олар үшеўи де пүткил жәмийеттиң көз алдында Ҳор таўына көтерилди.
28. Муўса Харонның руўханийлик кийимлерин үстинен шешип алды да, оларды улы Элазарға кийгизди. Харон сол жерде, таўдың жоқарысында өлди. Кейин, Муўса менен Элазар таўдан түсти.
29. Пүткил Израил жәмийети Харонның өлгенин билгенде, ол ушын отыз күн аза тутты.
1. Негебте жасап атырған қананлы Арад патшасы израиллылардың Атарим жолынан киятырғанынан хабар тапқанда, оларға ҳүжим қылып, олардың базыларын тутқынға алды.
2. Сол себепли израиллылар Жаратқан Ийеге: «Егер Сен бул халықты бизлерге тәслим қылсаң, олардың барлық қалаларын Саған бағышлап, толығы менен жоқ етемиз», – деп ўәде берди.
3. Жаратқан Ийе израиллылардың жалбарынған даўысын еситти ҳәм қананлыларды оларға тәслим қылды. Израиллылар оларды қырып таслап, қалаларын толығы менен жоқ қылды. Кейин ала сол жерге Хорма деген ат берилди.
4. Израил халқы Ҳор таўынан шығып, Эдом елин айланып өтип кетиў ушын, Қамыс теңизине баратуғын жол менен жүрип кетти. Бирақ халық жолда кетип баратырып, және сабырсызлық қылды.
5. Олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы налып: – Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңыз? Шөлде өлип кетиўимиз ушын ба? Бул жерде нан да, суў да жоқ. Ал мына жеркенишли маннадан болса кеўлимиз айнып кетти! – деди.
6. Сонда Жаратқан Ийе халық арасына зәҳәрли жыланлар жиберди. Жыланлар израиллыларды шақты ҳәм олардан көп адамлар өлди.
7. Халық Муўсаның алдына келип: – Жаратқан Ийеге ҳәм саған қарсы сөйлеп, бизлер гүна қылдық. Бизлердиң арамыздан жыланларды жоқ қылыўын айтып, Жаратқан Ийеге жалбарынып, дуўа қыл, – деди. Солай етип, Муўса халық ушын дуўа етти.
8. Жаратқан Ийе Муўсаға: – Бир жылан ислеп, оны бақан үстине орналастыр. Жылан шаққан ҳәр бир адам оған қараса, тири қалады, – деди.
9. Солай етип, Муўса мыстан бир жылан ислеп, оны бақанның үстине орналастырды. Жылан шаққан адамлар мыс жыланға қарағанда, олар өлмей, тири қалды.
10. Израил халқы жолын даўам етип, Оботқа орналасты.
11. Соннан соң, олар Оботтан шығып, Моабтың шығыс тәрепиндеги шөлге, Ийе-Абаримге орналасты.
12. Ол жерден де шығып, Зеред дәрьясында тоқтады.
13. Кейин олар сол жерден шығып, амор халқының шегарасына дейин созылған шөлде, Арнон дәрьясының арғы жағасында тоқтады. Арнон дәрьясы Моаб пенен Амор елиниң арасындағы шегара еди.
14. Жаратқан Ийениң Саўашлары китабында Суфа жерлериндеги Ўаҳеб қаласы, сайлар, және де, Арнон дәрьясы,
15. Ар қаласына дейин ҳәм Моаб шегарасы бойлап созылған таў жанбаўырлардағы сайлар ҳаққында сөз етиледи.
16. Сол жерден Израил халқы Беер деген жердеги қудыққа жол алды. Бул қудықтың қасында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Халықты бир жерге жыйна, Мен оларға суў беремен», – деп айтқан еди.
17. Сол ўақытта израиллылар мына қосықты айтты: «Суўларың толып тассын, ҳәй, қудық! Қудыққа арнап қосық айтың.
18. Бул қудықты қазды басшылар менен халық көсемлери, Ҳүкимдарлық ҳаса ҳәм ҳаса таяқлары менен қазған еди». Соннан соң, олар шөлден Маттанаға,
19. Маттанадан Наҳалиелге, Наҳалиелден Бамотқа,
20. Бамоттан Моаб жерлериндеги ойпатлыққа, шөлге қарама-қарсы болған Писга таўының етеклерине кетти.
21. Израиллылар Амор патшасы Сихонға елшилери арқалы мына хабарды жиберди:
22. «Елиңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Бизлер атызларыңызға ҳәм жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм ҳеш бир қудықтан суў ишпеймиз. Шегараңыздан өтип кеткенше, Патша жолынан жүрип, жолымызды даўам етемиз».
23. Деген менен, Сихон өз ели арқалы израиллылардың өтип кетиўине рухсат бермеди. Ол израиллылар менен урысыў ушын пүткил ләшкерлерин жыйнап, шөлге қарай шықты. Яҳас қаласына жетип барып, израиллыларға қарсы ҳүжим қылды.
24. Урыста израиллылар Сихонды қылыш жүзинен өткерип, оларды жеңилиске ушыратты ҳәм Арнон дәрьясынан Яббоқ дәрьясына шекемги барлық жерлерди ийелеп алды. Бирақ аммон халқының шегарасынан арман қарай өтпеди, себеби Аммон елиниң шегарасы беккем еди.
25. Израиллылар Хешбон ҳәм оның дөгерегиндеги аўыллар менен бирге амор халқының барлық қалаларын қолға киргизип, сол жерлерде жасай баслады.
26. Хешбон амор халқының патшасы Сихонның қаласы еди. Сихон Моабтың алдынғы патшасына қарсы саўаш ашып, оның Арнон дәрьясына дейин созылған жерлерин басып алған еди.
27. Соның ушын, жыраўлар былай деп жырлап жүрди: «Хешбонға келиң, оны қайта қурың, Сихонның қаласын беккем қылың,
28. Хешбоннан от жалыны шықты, Сихонның қаласынан от лаўлап шықты, Моабтың Ар қаласын, Арнон төбешиги хожайынларын жағып жоқ етти.
29. Ҳәсирет болсын саған, ҳәй Моаб халқы! Кемош қудайының халқы жоқ болдың! Кемош өз улларын қашқын қылды, Қызларын болса Амор патшасы Сихонға тутқын қылды.
30. Оларды жеңилиске ушыраттық, Хешбоннан Дибонға дейин ҳәммесин жоқ қылдық. Медебаға созылған Нофахқа дейин оларды ўайран қылдық».
31. Солай етип, Израил халқы амор халқының елинде жасай баслады.
32. Муўса Язерди көзден өткериў ушын адамларын жиберди. Кейин израиллылар Язер дөгерегиндеги аўылларды басып алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып жиберди.
33. Соннан кейин, олар бурылып, Башанға қарай жол алды. Башан патшасы Ог барлық ләшкерлери менен израиллыларға қарсы урысыў ушын, Эдрейде олардың қарсы алдынан шықты.
34. Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Оннан қорқпа! Себеби оны ҳәм оның ләшкерлери менен елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең, – деди.
35. Солай етип, Израил халқы ҳеш кимди аман қалдырмастан, Ог пенен оның балаларын ҳәм ләшкерлерин қырып таслады. Кейин олар Огтың елин ийелеп алды.
1. Соннан кейин, израиллылар жолын даўам етти. Олар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегине келип, Иордан дәрьясының шығысына, Ерихо қаласының қарсы алдына орналасты.
2. Сиппор улы Балақтың израиллылардың амор халқына нелер ислегенинен хабары бар еди.
3. Израил халқы соншелли көп болғанлықтан, моаблылар олардан қатты қорқысып, албыраўшылыққа түскен еди.
4. Сонда моаблылар Мидян ақсақалларына: «Өгиз жайлаўдағы от-шөпти жеп жоқ қылғаны сыяқлы, бул халық та дөгерегимиздеги барлық нәрсени ишип-жеп жоқ қылады», – деди. Сол ўақытлары Сиппор улы Балақ Моаб патшасы еди.
5. Балақ Беор улы Биламды шақыртыў ушын хабаршыларын жиберди. Билам Евфрат дәрьясының бойында, Аммаў үлкесиндеги Петорда жасайтуғын еди. Балақ Биламға хабаршыларынан былай деп айтып жиберген еди: «Мысыр жеринен шығып, жер жүзин қаплаған бир халық мениң жаныма келип орналасты.
6. Өтинемен, сиз келип, меннен де күшли болған сол халықты мен ушын нәлетлең. Мүмкин, сонда мен оларды жеңип, елимнен қуўып шығара аларман. Өйткени сизиң пәтия берген адамыңыз жарылқанып, нәлетлеген адамыңыз нәлетленетуғынын билемен».
7. Моаб ҳәм Мидян ақсақаллары Биламға нәлетлеўи ушын төленетуғын пулды алып кетти. Олар Биламға барып, оған Балақтың сөзлерин жеткерди.
8. Билам оларға: – Усы жерде қонып қалың. Жаратқан Ийениң айтқаны бойынша сизлерге жуўап беремен, – деди. Солай етип, Моаб басшылары Биламның үйинде қонып қалды.
9. Қудай Биламға келип, оннан: – Үйиңде қалған мына адамлар ким? – деп сорады.
10. Билам Қудайға былай деп жуўап берди: – Моаб патшасы Сиппор улы Балақ маған мына хабарды жиберипти:
11. «Мысыр жеринен шыққан бир халық жер жүзин қаплап кетти. Сиз келип, мен ушын сол халықты нәлетлең. Сонда мен оларға қарсы урысыўға күшим жетип, оларды қуўып жибере аларман».
12. Бирақ Қудай Биламға: – Олар менен бирге барма! Сол халықты нәлетлеме, себеби олар жарылқаў алған халық, – деди.
13. Азанда Билам Балақтың жиберген басшыларына: – Елиңизге қайта бериң. Себеби Жаратқан Ийе сизлер менен бирге барыўыма рухсат бермеди, – деди.
14. Моаб басшылары изине қайтып, Балаққа: «Билам бизлер менен бирге келиўге ыразы болмады», – деди.
15. Сонда Балақ алдынғы жибергенлеринен де көбирек ҳәм олардан да абырайлылаў басшыларын жиберди.
16. Олар Биламның алдына барып, былай деп айтты: – Сиппор улы Балақ былай деп айтып жиберди: «Өтинемен, мениң алдыма келиўиңизге ҳеш бир нәрсе тосқынлық қылыўына жол қоймаң.
17. Өйткени сизге айрықша ҳүрмет көрсетемен, не қәлесеңиз, соны ислеймен. Не болса да, келиң, мен ушын бул халықты нәлетлең».
18. Билам Балақтың хабаршыларына мынадай жуўап қайтарды: – Балақ сарайындағы барлық гүмис ҳәм алтынды маған берсе де, Қудайым Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш нәрсе қылмайман.
19. Мәрҳәмат, бүгин түнде усы жерде сизлер де қонып қалың, Жаратқан Ийениң маған басқа не айтатуғынын билип алайын.
20. Сол түни Қудай Биламға келип: – Бул адамлар сени шақырыў ушын келген екен, олар менен бирге бар, бирақ Мен саған не айтсам, соны ислейсең, – деди.
21. Солай етип, азанда Билам ешегин ертледи де, Моаб басшылары менен бирге кетти.
22. Билам жолға шыққанда, Қудай оған ғәзепленди. Жаратқан Ийениң периштеси оған қарсылық қылыў ушын, оның жолында турып алды. Сонда Билам ешегине минип, кетип баратыр еди. Оның қасында еки хызметкери бар еди.
23. Ешек қылышын жалаңашлап турған Жаратқан Ийениң периштесин көргенде, жолдан шығынып, атыздың ишине кирип кетти. Ал Билам болса, ешегин жолға қайтарыў ушын, оны сабай баслады.
24. Соннан соң, Жаратқан Ийениң периштеси жүзимзарлардың арасындағы тар соқпақта турып алды. Соқпақтың еки тәрепи де дийўаллар менен қоршалған еди.
25. Ешек Жаратқан Ийениң периштесин көрип, дийўалға тығылып, Биламның аяғын қысып таслады. Билам ешегин және сабай баслады.
26. Жаратқан Ийениң периштеси алдыға жылжып, тар жерде турып алды. Енди ешек оңға да, солға да бурылып кете алмайтуғын еди.
27. Жаратқан Ийениң периштесин көрген ешек Биламның астына жатып алды. Биламның буған ғәзеби қайнап, таяғы менен ешекти және сабай баслады.
28. Сонда Жаратқан Ийениң қүдирети менен ешекке тил питип, Биламға: – Мени үш мәрте урып сабағандай, мен саған не қылдым? – деп сорады.
29. Билам: – Сен мени мазақ қылып атырсаң. Егер қолымда қылышым болғанда, сени өлтирип таслаған болар едим! – деп бақырды.
30. шек оған: – Усы күнге дейин минип жүрген ешегиң мен емеспен бе? Бурын саған усындай қылық шығарған ба едим? – деди. Билам: – Яқ, – деди.
31. Соннан соң, Жаратқан Ийе Биламның көзин ашты. Сонда Билам қылышын жалаңашлап, жолда турған Жаратқан Ийениң периштесин көрип, ет бетинен жерге жығылды.
32. Жаратқан Ийениң периштеси Биламға: – Не ушын ешегиңди үш мәрте урып, сабадың? Саған қарсылық қылыў ушын келдим. Себеби тутқан жолың сени бәлеге дуўшар қылады.
33. Ал ешегиң болса Мени көрип, үш мәрте өзин жолдан шетке алып қашты. Егер ол жолдан шетке шықпағанда, сени өлтирип, оны аман қалдырған болар едим, – деди.
34. Билам Жаратқан Ийениң периштесине: – Гүна қылдым. Маған қарсы шығыў ушын, жолда турғаныңды билмеппен. Егер бул тутқан жолым Саған мақул болмаса, онда үйиме қайтайын, – деди.
35. Жаратқан Ийениң периштеси оған: – Мына адамлар менен бирге кете бер. Бирақ Мен саған не айтсам, тек ғана соны айтасаң, – деди. Солай етип, Билам Балақтың басшылары менен бирге кетти.
36. Балақ Биламның киятырғанын еситиўден, оны күтип алыў ушын Арнон бойындағы, Моаб елиниң шегарасында жайласқан Ир қаласына кетти.
37. Балақ Биламға: – Сизди шақырыў ушын жиберген алдынғы адамларым менен не ушын келмедиңиз? Ямаса мени саўға менен сыйлаўға күши жетпейди, деп ойлап па едиңиз? – деди.
38. Билам Балаққа: – Мине, енди сизиң алдыңызға келдим. Қудай мениң аўзыма қандай сөз салса, соны айтаман, өзлигимнен не айтыўым мүмкин? – деп жуўап берди.
39. Соннан кейин, Билам Балақ пенен бирге жолға түсип, Кирят-Хусот қаласына кетти.
40. Сол жерде Балақ буға ҳәм қойларды қурбанлыққа шалды. Қурбанлықтың гөшинен Билам менен оның қасындағы басшыларға да берди.
41. Ертеңине азанда Балақ Биламды Бамот-Баал төбешигине алып шықты. Билам ол жерден Израил халқының бир бөлегин көрди.
1. Билам Балаққа: – Усы жерде мен ушын жети қурбанлық орын қурып, жети буға менен жети қошқар таярлаң, – деди.
2. Балақ оның айтқанларын иследи. Балақ пенен Билам екеўи ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан жандырылатуғын қурбанлық қылды.
3. Кейин Билам Балаққа: – Сиз қурбанлықларыңның қасында турың, мен сәл арманлаў барып көрейин. Бәлким, Жаратқан Ийе мениң менен ушырасыўға келер. Ол маған не десе, саған соны айтаман, – деди де, төбешикке шықты.
4. Қудай Биламға көрингенде, Билам Қудайға: – Жети қурбанлық орын қурдырдым, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық қылдым, – деди.
5. Жаратқан Ийе Биламның аўзына айтатуғын сөзлерин салып, оған: – Балақтың алдына бар ҳәм оған Мениң айтқан сөзлеримди жеткиз, – деди.
6. Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың жанында турғанын көрди.
7. Сонда Билам мына сөзлерди айтты: «Моаб патшасы Балақ мени Арамнан, Шығыс таўларынан алып келди. Ол: „Келип, мениң ушын Яқып урпағын нәлетле, Келип, Израилға жаманлық тиле!“ – деди.
8. Қудай нәлетлемегенди Мен қалайынша нәлетлеймен? Жаратқан Ийе жаманлық тилемегенге, Мен қалай жаманлық тилеймен?
9. Жартаслардың төбесинде турып, көрип турман оларды, Төбелерден қарап турман оларға. Өз алдына жасайтуғын, Басқа халықлардан өзлерин бөлек услайтуғын, Бир халықты көрип турман.
10. Яқыптың қум сыяқлы көп урпағын ким санай алады? Көтерилген шаң киби сансыз Израилды ким есаплай алады? Әдил адамлардың өлими менен мен де өлейин, Ақыретим олардики киби болсын!»
11. Балақ Биламға: – Маған не ислеп атырсыз өзи? Мен сизди душпанларымды нәлетлесин деп алып келген едим, ал сиз болсаңыз, оларға пәтия берип атырсыз-ғо! – деди.
12. Билам: – Мен Жаратқан Ийе аўзыма салған сөзди абайлап айтыўым керек емес пе? – деп жуўап берди.
13. Соннан соң, Балақ оған былай деди: – Мениң менен бирге оларды көре алатуғын басқа жерге жүриң. Бирақ ол жерден олардың ҳәммесин емес, ал тек ғана бир бөлегин көресиз. Сол жерде турып, Израил халқын мениң ушын нәлетлең.
14. Солай етип, Балақ Биламды Писга таўының төбесиндеги гүзетиў орнына алып барды. Балақ ол жерде де жети қурбанлық орын қурып, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.
15. Билам Балаққа: – Сиз усы жерде, жандырылатуғын қурбанлықтың қасында турың, ал мен ана жерге барып, Жаратқан Ийе менен ушырасып келемен, – деди.
16. Жаратқан Ийе Билам менен ушырасты ҳәм оның аўзына айтатуғын сөзлерин салып: – Балақтың алдына барып, оған мына сөзлерди жеткиз, – деди.
17. Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың қасында турғанын көрди. Балақ: – Жаратқан Ийе не деди? – деп сорады.
18. Билам оған мына сөзлерди жеткерди: «Балақ, тыңлап түсинип алың, Сиппор улы, маған қулақ салың.
19. Қудай инсан емес жалған сөйлейтуғын, Ол адамзат емес Өз пикирин өзгертетуғын. Ол Өз айтқан сөзин әмелге асырар, Ўәде бергенде, сөзсиз орынлар.
20. Жарылқаў ушын маған буйрық берди, Өзгертире алмаспан мен Оның жарылқаўын.
21. Яқып урпағында апат көринбейди, Бахытсызлық та көринбес Израилда, Қудайы Жаратқан Ийе олар менен бирге, Ол Патшасыдур олардың арасында, Патшалық кәрнай шертилер арналып Оның атына.
22. Қудай оларды Мысырдан алып шықты, Жабайы буға сыяқлы Оның күши бар.
23. Яқыптың урпағында жорыўшылық жоқ, Израилда палкерлик қылынбас. Енди болса, Яқыптың урпағы Израил ушын, „Қудай нелерди иследи!“ – деп айтылып атыр.
24. Мине, халық ана арыслан киби оянар, Арыслан яңлы олжасын жеп таўыспағанша, Өлтирген олжасының қанын ишип болмағанша жатпас».
25. Сонда Балақ: – Егер Израил халқын нәлетлемейди екенсиз, онда оларды жарылқама да! – деди.
26. Билам оған: – Сизге Жаратқан Ийе не айтса, соны айтаман деп айтқан жоқ па едим? – деп жуўап берди.
27. Балақ Биламға: – Не болса да, жүр, енди сизди басқа жерге алып барайын. Бәлким, Қудайға мақул болып, ол жерден оларды нәлетлеўиңизге жол қояр, – деди.
28. олай етип, ол Биламды Пеор таўының төбесине алып барды. Ол жерден шөл дала көринетуғын еди.
29. Билам оған: – Бул жерде де жети қурбанлық орын қурып, жети буға ҳәм жети қошқар таярлаң, – деди.
30. Балақ оның айтқанларын иследи ҳәм ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.
1. Билам Жаратқан Ийениң Израил халқын жарылқаўды мақул көретуғынын билгенде, алдынғыдай барып, жорыўға урынбады. Ол өз нәзерин шөлге қаратты.
2. Билам ол жақта Израилдың урыў-урыў болып жайласқанын көрди. Сонда Қудайдың Руўхы Биламның үстине түсти
3. ҳәм Билам мына сөзлерди айтты: «Көзи ашық Беор улы Билам,
4. Қудайдың сөзлерин еситкен, Қүдирети күшли Қудайдың аяны түскен, Жерге қулаған, бирақ Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
5. „Яқып урпағы, шатырларың қандай әжайып, Израил халқы, мәкан жериңиз қандай гөззал!
6. Олар созылғандур пальмазардай, Дәрья бойындағы бағы-бақша киби, Жаратқан Ийениң отырғызған алоэ ағашындай, Мегзейди суў бойындағы кедр ағашларына.
7. Суў ыдысларынан суў толып тасар, Туқымлары мол суў менен суўғарылар. Агагтан Израил патшасы уллы болар, Израил патшалығы қүдиретли болар.
8. Қудай оларды Мысырдан алып шықты, Жабайы буға сыяқлы күши бар Оның. Душпаны болған халықларды жалмамай жутар, Олардың сүйеклерин езип, оқларын сындырар.
9. Израил арысландай, ана арыслан яңлы, Жерге ийилди де, жатты, Оны оятыўға кимниң батылы барар? Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын, Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын!“»
10. Биламға ғәзеби қайнаған Балақ қолларын бир-бирине урып: – Душпанларымды нәлетлесин деп, сизди шақырған едим. Ал сиз болсаңыз, оларға үш мәрте пәтия бердиңиз.
11. Енди дәрҳал үйиңизге қайтың! Сизге саўға сыйлайман деген едим, бирақ Жаратқан Ийе сизди саўғадан бос қалдырды, – деди.
12. Сонда Билам оған жуўап берип, былай деди: – Маған жиберген елшилериңе: «Балақ сарайындағы барлық гүмис ҳәм алтынды маған берсе де, Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш қандай жақсы да, жаман да нәрсе қылмайман.
13. Ал Жаратқан Ийе нени буйырса, соны сөйлеймен», – деп айтқан жоқпан ба?
14. Енди мен өз елиме қайтаман. Бирақ алдын Израил халқының келешекте сениң халқыңызға нелер ислейтуғынын сизге айтып берейин.
15. Соңынан Билам мына сөзлерди айтты: «Көзи ашық Беор улы Билам,
16. Қудайдың сөзлерин еситкен, Қудай Тааладан билим алған, Қүдирети күшли Қудайдың саўлатын көрген, Жерге қулаған, Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
17. „Оны көрип турман, бирақ ҳәзир емес, Оған қарап турман, бирақ ол жақын емес. Яқып урпағынан бир жулдыз шығар, Израилдан патшалық ҳасасы көтерилер. Ол Моабтың көсемлерин жоқ қылып, Шеттиң урпағының басларын езер.
18. Душпаны болған Эдомды ийелеп алар, Аўа, Сеир жеңилиске ушырар, Ал Израил халқы күшке толар.
19. Яқып урпағынан болған адам басшылық қылар, Қала халқының қалғанларын жоқ қылар“».
20. Соннан кейин, Билам амалеклерди көрип, мынадай сөзлерди айтты: «Амалек халқы басқа халық арасында биринши еди, Бирақ апат болажақ оның ақыры».
21. Кейин ол кен халқын көрип, мынадай сөз айтты: «Сизлердиң баспанаңыз беккем, Уяңыз жартасларға қурылған.
22. Бирақ, ҳәй кенлер, ашшур халқы сизлерди тутқын қылғанда, Сизлер жанып, жоқ боласызлар».
23. Билам сөзлерин және былай деп даўам етти: «Оҳ, буны әмелге асыратуғын Қудай болса, Онда ким аман қалар?
24. Киттим жағаларынан кемелер келер, Ашшур менен эбер халқын тәслим қылар, Бирақ өзлери де апатқа дуўшар болар».
25. Кейин, Билам жолға шығып, үйине қайтты. Балақ та өз жолы менен кетти.
1. Израиллылар Шиттимде орналасып турғанда, олардың еркеклери моаблы ҳаяллар менен бузықшылық қыла баслады.
2. Моаблы ҳаяллар израиллыларды өз қудайларына арнап беретуғын қурбанлыққа мирәт етти. Израил халқы олардың қурбанлық гөшлеринен жеди ҳәм олардың қудайларына табынды.
3. Солай етип, Израил халқы Пеордағы Баалға байланып қалды. Сол себептен Жаратқан Ийениң оларға ғәзеби қайнады.
4. Жаратқан Ийе Муўсаға: – Бул халықтың барлық басшыларын әкелип, оларды күндиз Мениң алдымда асып қой. Усылай етип, Мениң Израил халқына болған ғәзебим түссин, – деди.
5. Сонда Муўса Израил басшыларына: – Ҳәр бириңиз Пеордағы Баалға байланып қалған адамларыңызды өлтириң, – деп буйрық берди.
6. Жәмийет Ушырасыў шатырының алдында жылап турғанда, израиллы бир адам мидянлы бир ҳаялды Муўсаның ҳәм Израил жәмийетиниң көз алдында өз шатырына алып кирген еди.
7. Буны көрген Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас жәмийет арасынан шығып, қолына бир найза алды.
8. Пинехас израиллы сол адамның изинен барып, шатырға кирди де, найзаны екеўине де қадады. Найза израиллы сол адамның денесин тесип өтип, мидянлы сол ҳаялдың қарнына кирген еди. Солай етип, Израил халқын жоқ етип атырған оба тоқтады.
9. Бул обадан өлгенлердиң саны 24 000 адам еди.
10. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
11. – Руўханий Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас Израил халқына болған ғәзебимди қайтарды. Өйткени ол халықтың арасында Мениң ушын уллы қызғаншақлық көрсетти. Сол себепли, Мен Өз қызғаншақлығым менен оларды пүткиллей жоқ қылмадым.
12. Сен оған былай деп айт: Мен Пинехас пенен тынышлық келисимимди дүземен.
13. Бул келисим бойынша Пинехас ҳәм оның әўлады мәңги руўханий болады. Себеби ол Қудайы ушын қызғаншақлық қылып, Израил халқынан Мениң ғәзебимди қайтарды.
14. Мидянлы ҳаял менен бирге өлтирилген израиллы адамның аты Салу улы Зимрий еди. Ол Шимон урыўындағы бир әўладтың басшысы еди.
15. Ал өлтирилген ҳаял болса, мидянлы бир тийрениң басшысы болған Сурдың қызы Козбий еди.
16. Жаратқан Ийе Муўсаға:
17. – Мидян халқын душпан деп бил ҳәм оларды қырып тасла.
18. Өйткени олар сизлерге қарсы сумлық ойлап, сизлерди Пеорда жалған қудайларға табындырды ҳәм өзлериниң туўысқаны болған мидянлы тийре басшысының қызы Козбий арқалы азғырыўға салып, душпанлық қылды. Бул ҳаял Пеорда оба тарқалған ўақытта өлтирилген еди, – деди.
1. Обадан кейин, Жаратқан Ийе Муўса менен руўханий Харонның улы Элазарға былай деди:
2. – Израил жәмийетиндеги саўашқа жарамлы жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды әўладлары бойынша санап шығың!
3. Сол ўақытта Израил халқы ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында еди. Муўса менен руўханий Элазар халыққа:
4. – Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ер адамларды санап шығың, – деди. Мысырдан шыққан израиллылар мыналар еди:
5. Израилдың туңғышы Рубен урыўынан тараған тийрелер: Ханохтан Ханох тийреси, Паллудан Паллу тийреси,
6. Хесроннан Хесрон тийреси, Кармийден Кармий тийреси+.
7. Рубеннен тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 43 730 адам болды+.
8. Паллудың Элиаб деген улы бар еди.
9. Элиабтың уллары Немуел, Датан ҳәм Абирам еди. Булар жәмийеттиң сайланды адамлары болып, Жаратқан Ийеге бойсынбай, Муўса ҳәм Харонға қарсы шыққан Қорах ҳәм оның шериклерине қосылған Датан менен Абирам еди+.
10. Сол ўақытта жер жарылып, Қорах пенен бирге оларды да жер жутып жиберген еди. Сол күни от Қорахтың еки жүз елиў шериклерин жағып жоқ қылған еди. Солай етип, бул басқаларға ескертиў болып қалды+.
11. Бирақ Қорахтың уллары аман қалған еди+.
12. Шимон урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Немуелден Немуел тийреси, Яминнен Ямин тийреси, Яхиннен Яхин тийреси,
13. Зерахтан Зерах тийреси, Шаулдан Шаул тийреси.
14. Шимон урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 22 200 адам болды+.
15. Гад урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Сефоннан Сефон тийреси, Хаггийден Хаггий тийреси, Шунийден Шуний тийреси,
16. Ознийден Озний тийреси, Эрийден Эрий тийреси,
17. Ародтан Арод тийреси, Арелийден Арелий тийреси.
18. Гад урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 40 500 адам болды+.
19. Яҳуданың Эр ҳәм Онан деген еки улы Қанан елинде қаза болған еди+.
20. Яҳуда урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Шеладан Шела тийреси, Перестен Перес тийреси, Зерахтан Зерах тийреси.
21. Перестен тараған тийрелер мыналар: Хесроннан Хесрон тийреси, Хамулдан Хамул тийреси.
22. Яҳуда урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 76 500 адам болды+.
23. Иссахар урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Толадан Тола тийреси, Пуўадан Пуўа тийреси,
24. Яшубтан Яшуб тийреси, Шимроннан Шимрон тийреси.
25. Иссахар урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 64 300 адам болды+.
26. Зебулон урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Середтен Серед тийреси, Элоннан Элон тийреси, Яхлеелден Яхлеел тийреси+.
27. Зебулон урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 60 500 адам болды+.
28. Юсуптиң уллары Менашше ҳәм Эфрайымнан келип шыққан тийрелер мыналар:
29. Менашше урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Махирден Махир тийреси. Махир Гиладтың әкеси еди. Гиладтан Гилад тийреси+.
30. Гиладтан тараған тийрелер: Иезерден Иезер тийреси, Хелектен Хелек тийреси,
31. Асриелден Асриел тийреси, Шехемнен Шехем тийреси,
32. Шемидадан Шемида тийреси, Хеферден Хефер тийреси.
33. Хефердиң улы Селофехадтың ул перзентлери болмады, оның тек ғана Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса деген қызлары болды+.
34. Менашше урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 52 700 адам болды+.
35. Эфрайым урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Шутелахтан Шутелах тийреси, Бехерден Бехер тийреси, Таханнан Тахан тийреси+.
36. Шутелахтан тараған тийре: Эраннан Эран тийреси.
37. Эфрайым урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 32 500 адам болды. Тийрелери бойынша Юсуптиң урпағынан келип шыққан тийрелер усылар еди+.
38. Бенямин урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Беладан Бела тийреси, Ашбелден Ашбел тийреси, Ахирамнан Ахирам тийреси,
39. Шефуфамнан Шефуфам тийреси, Хуфамнан Хуфам тийреси.
40. Беланың уллары Ард ҳәм Нааманнан келип шыққан тийрелер: Ардтан Ард тийреси, Нааманнан Нааман тийреси.
41. Бенямин урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 45 600 адам болды+.
42. Дан урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Шухамнан Шухам тийреси. Дан урыўынан тараған тийре усыдан ибарат еди+.
43. Дан урыўы Шухам тийресинен ибарат болып, олардың саны 64 400 адам болды+.
44. Ашер урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Имнадан Имна тийреси, Ишўийден Ишўий тийреси, Бериадан Бериа тийреси+.
45. Бериадан келип шыққан тийрелер: Хеберден Хебер тийреси, Малкиелден Малкиел тийреси.
46. Ашердиң Серах атлы бир қызы бар еди.
47. Ашер урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 53 400 адам болды+.
48. Нафталий урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Яхсиелден Яхсиел тийреси, Гунийден Гуний тийреси,
49. Есерден Есер тийреси, Шиллемнен Шиллем тийреси.
50. Нафталий урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 45 400 адам болды+.
51. Солай етип, есаптан өткен израиллы ер адамлардың барлығы 601 730 адам болды+.
52. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
53. – Оларға адам саны бойынша жерди үлес етип бөлип бер+.
54. Адам саны көп болған урыўға үлкен, саны аз болған урыўға киши үлес жер бересең. Ҳәр бир урыўға есаптан өткен адам санына қарай жер үлеси берилсин+.
55. Жер шек бойынша бөлистирип берилсин. Ҳәр бир урыў өз үлес жерин бабасының аты бойынша алыўы тийис.
56. Ҳәр бир урыўдың үлеси үлкен- кишисине қарап, шек бойынша бөлистирип берилсин.
57. Тийрелери бойынша есаптан өткен Лебий урыўының урпақлары мыналар: Гершоннан Гершон тийреси, Қоҳаттан Қоҳат тийреси, Мерарийден Мерарий тийреси.
58. Мыналар да Лебийге тийисли тийрелер: Либний тийреси, Хеброн тийреси, Махлий тийреси, Муший тийреси, Қорах тийреси. Қоҳат Амрамның әкеси еди.
59. Амрамның ҳаялы Иохебед еди. Ол Лебий урыўынан болып, Мысырда туўылған еди. Иохебед Амрамға Харон ҳәм Муўса деген еки ул ҳәм Мәриям деген бир қыз туўып берген еди.
60. Харонның Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар деген уллары бар еди+.
61. Надаб пенен Абиҳу Жаратқан Ийе буйырмаған отты Оның алдына алып келгени ушын өлген еди+.
62. Лебий урыўындағы бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамлардың саны 23 000 болды. Олар басқа израиллылар менен бирге есаптан өтпеди. Өйткени оларға басқа израиллылар менен бир қатар үлес жер берилмеген еди+.
63. Ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихо қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында Муўса менен руўханий Элазардың есаптан өткерген Израил халқы усылардан ибарат еди.
64. Бирақ бул есаптан өткенлердиң арасында Муўса менен руўханий Харонның Синай шөлинде есаптан өткерген израиллылардан биреўи де жоқ еди.
65. Себеби Жаратқан Ийе сол ўақытта олардың шөлде пүткиллей қырылып кететуғынын айтқан еди. Олардан Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш ким аман қалмаған еди+.
1. Юсуп улы Менашшениң урыўынан болған Махирдиң шаўлығы, Гиладтың ақлығы, Хефердиң улы болған Селофехад деген адамның қызлары бар еди. Олардың атлары Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса еди.
2. Бир күни Селофехадтың қызлары Ушырасыў шатырының алдына, Муўсаның, руўханий Элазардың, көсемлердиң ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына келип, былай деди:
3. – Әкемиз шөлде қайтыс болған еди. Ол Жаратқан Ийеге көтерилис қылған Қорахтың шериклеслериниң арасында болған жоқ еди, ал өз гүнасы себепли қайтыс болған еди. Оның ул перзенти болмады.
4. Ул перзенти болмағаны ушын әкемиздиң аты өз тийреси арасынан өшип қалыўы керек пе? Әкемиздиң туўысқанлары менен қоса бизлерге де жер үлес бериң.
5. Муўса олардың талабын Жаратқан Ийеге жеткерди.
6. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
7. – Селофехадтың қызлары дурыс айтып атыр. Оларға әкесиниң туўысқанлары менен бир қатар мийрас қылып, үлес жер бер. Әкесиниң жер үлеси оларға берилсин.
8. Израиллыларға былай деп айт: Егер ким де ким ул перзенти болмай қайтыс болса, оның мүлки қызына берилсин.
9. Егер қызы болмаса, оның мүлки туўысқанларына берилсин.
10. Егер оның туўысқанлары болмаса, әкесиниң туўысқанларына берилсин.
11. Ал егер әкесиниң туўысқанлары болмаса, оның мүлки өзине ең жақын болған тийрелес ағайинине берилсин. Сол ағайини мийрасхор болсын. Муўсаға буйырғанымдай, бул израиллылар ушын қағыйда болып қалсын.
12. Соннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Абарим таўына шығып, израиллыларға беретуғын елге қара.
13. Сол елди көргениңнен соң, әжағаң Харон сыяқлы сен де өлип, ата-бабаларыңа қосыласаң.
14. Себеби Харон екеўиңиз де Зин шөлинде буйрығыма қарсы шыққан едиңиз. Жәмийет суў бойында Маған көтерилис қылғанда, сизлер олардың көз алдында Мениң мухаддеслигиме ҳүрмет көрсетпедиңлер, – деди. Бул ўақыя Зин шөлинде, Қадештеги Мериба суўлары бойында болған еди.
15. Муўса Жаратқан Ийеге былай деди:
16. – Жаратқан Ийе, пүткил адамзатқа жан берген Қудай, бул жәмийетке бир басшы тайынла.
17. Ол адам жәмийеттиң алдында жүрип, оларға басшылық қылсын. Солай етип, Жаратқан Ийениң, яғный Сениң жәмийетиң шопансыз қойлардай болып қалмасын.
18. Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Руўхый күшли адамды – Нун улы Ешуаны жаныңа ал ҳәм оған қолыңды қой.
19. Соннан кейин, оны руўханий Элазар менен пүткил жәмийеттиң алдында шығарып, олардың көз алдында оны хызметке тайынла.
20. Пүткил Израил жәмийети оған бойсыныўы ушын, Ешуаға өз бийлигиңнен бер.
21. Бирақ Ешуа руўханий Элазардың алдына барып, хабарласатуғын болсын. Элазар Урим арқалы Ешуа ушын Мениң еркимди билип берсин. Усылай етип, Ешуа ҳәм пүткил Израил жәмийети барлық жағдайда усыған қарап ис тутсын.
22. Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип орынлады. Ол Ешуаны руўханий Элазардың ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына тик турғызып қойды.
23. Кейин Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса Ешуаның үстине қолларын қойып, оны хызметке тайынлады.
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Израиллыларға буйрық берип, былай деп айт: «Маған усынатуғын қурбанлықты, яғный аўқатты хош ийисли сый ретинде белгиленген ўақытта алып келиң»+.
3. Оларға және былай деп айт: «Жаратқан Ийеге беретуғын сый мынадан ибарат: күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр күни бир жасар еки минсиз еркек тоқлы алып келиң.
4. Тоқлылардың биреўин азанда, екиншисин кеште қурбанлық қылың.
5. Ҳәр бир тоқлы менен бирге ғәлле садақасы етип төрттен бир ҳин сапалы зәйтүн майы менен оннан бир эфа сапалы уннан усының.
6. Бул – Синай таўында буйырылған күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
7. Ҳәр бир тоқлы менен бирге ишимлик садақасы ушын төрттен бир ҳин шарап усының. Ишимлик садақасын Жаратқан Ийеге арнап Мухаддес жерде қуйың.
8. Екинши тоқлыны кеште қурбанлық қылың. Азанғы қурбанлық сыяқлы, бул қурбанлыққа қосып, белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақасын бериң. Бул қурбанлықты Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ретинде усының».
9. «Ал Шаббат күни бир жасар минсиз еки еркек тоқлы менен бирге ғәлле садақасы етип зәйтүн майы араластырылған оннан еки эфа сапалы ун ҳәм ишимлик садақасын бериң.
10. Күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары ҳәр Шаббат күни берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық усыдан ибарат»+.
11. «Ҳәр айдың биринши күни Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр бири минсиз болған еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы усының+.
12. Бул қурбанлықларға қосып белгиленген муғдарда зәйтүн майы араластырылған сапалы унды ғәлле садақасы етип усының: ҳәр бир буға менен оннан үш эфа ун, қошқар менен оннан еки эфа ун,
13. ҳәр бир тоқлы менен оннан бир эфа ун. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ҳәм жандырылатуғын қурбанлық болады.
14. Ҳәр бир буға менен бирге ишимлик садақасы етип ярым ҳин, ҳәр бир қошқар менен бирге үштен бир ҳин, ҳәр бир тоқлы менен бирге төрттен бир ҳин шарап усының. Бул жыл даўамында жаңа айда берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық болады.
15. Күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары, Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығы ушын бир теке усының».
16. «Жаратқан Ийениң Қутқарылыў асына арналған қурбанлық биринши айдың он төртинши күни шалынсын+.
17. Он бесинши күни жети күнлик байрам басланады, сизлер усы жети күн даўамында ашытқысыз нан жеўиңиз керек+.
18. Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысыңызды ислемең.
19. Жаратқан Ийе ушын жандырылатуғын қурбанлық етип еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
20. Ҳәр бир буға менен бирге ғәлле садақасы етип, зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
21. ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан алып келиң.
22. Өзлериңизди гүнадан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының.
23. Буларды ҳәр күни азанда усынатуғын жандырылатуғын қурбанлығыңыз бенен бирге усының.
24. Солай етип, жети күн даўамында ҳәр күни Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында хош ийисли сый усының. Буны күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары усының.
25. Жетинши күни мухаддес жыйналыс қылып, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер».
26. «Дәслепки өнимди нышанлайтуғын Ҳәптелер байрамында Жаратқан Ийеге таза бийдай зүрәәтинен садақа усынғаныңызда, мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
27. Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болыўы ушын еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының.
28. Бул қурбанлықларға қосып белгиленген муғдарда зәйтүн майы араластырылған сапалы уннан ғәлле садақасы етип усының: ҳәр бир буға менен оннан үш эфа ун, қошқар менен оннан еки эфа ун,
29. ҳәр бир тоқлы менен оннан бир эфа ун.
30. Өзлериңизди гүнадан пәклеўиңиз ушын бир теке усының.
31. Бул қурбанлықларды ҳәм оған қосып берилетуғын ишимлик садақаларын күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле садақасынан тысқары усының. Қурбанлыққа алып келетуғын ҳайўанларыңыз минсиз болсын».
1. «Жетинши айдың биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемең. Сол күни сизлер ушын кәрнай шертилетуғын күн болсын.
2. Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болыўы ушын минсиз бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы жандырылатуғын қурбанлық етип усының.
3. Буға менен бирге ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
4. ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы ун алып келиң.
5. Өзлериңизди гүналардан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының.
6. Қағыйда бойынша ҳәр бир айда ҳәм күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасы ҳәм ғәлле садақасынан тысқары усыларды қурбанлыққа бериң. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады».
7. «Жетинши айдың оныншы күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни ораза тутып, ҳеш қандай жумыс ислемең.
8. Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық қылып усының. Қурбанлыққа берилетуғын бул ҳайўанлар минсиз болсын.
9. Буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
10. ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының.
11. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар гүналарыңыздан пәклениў ушын берилген гүна қурбанлығынан, күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик ҳәм ғәлле садақаларынан тысқары берилсин».
12. «Жетинши айдың он бесинши күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемең. Жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап байрам қылың.
13. Биринши күни Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын он үш буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын.
14. Ҳәр бир буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
15. ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының.
16. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
17. Екинши күни он еки буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
18. Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
19. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
20. Үшинши күни он бир буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
21. Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
22. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
23. Төртинши күни он буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
24. Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
25. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
26. Бесинши күни тоғыз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
27. Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
28. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
29. Алтыншы күни сегиз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
30. Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
31. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
32. Жетинши күни жети буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
33. Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
34. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
35. Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
36. Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын.
37. Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
38. Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
39. Усы қурбанлықлардың барлығын – ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары жандырылатуғын қурбанлық болсын, ғәлле ҳәм ишимлик садақалар болсын, татыўлық қурбанлық болсын Жаратқан Ийеге белгиленген ўақытта алып келиң».
1. Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырған ҳәр бир сөзин израиллыларға жеткерди.
2. Муўса Израилдың урыў басшыларына былай деди: – Жаратқан Ийе былай деп буйырды:
3. «Егер ким де ким Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе, ол өз ўәдесин бузбай, айтқан сөзлериниң ҳәммесин орынласын.
4. Егер бир қыз әкесиниң үйинде жасап атырған ўақтында, Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе,
5. әкеси оның Жаратқан Ийеге берген ўәдесин ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситип, оған қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады.
6. Ал егер қыздың әкеси оның берген ўәдесин ҳәм өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Әкеси қызының антын қадаған қылғаны ушын, Жаратқан Ийе қызды кеширеди.
7. Егер қыз ўәде бергеннен соң ямаса ойланбастан өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишкеннен кейин турмысқа шықса,
8. оның күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады.
9. Ал егер қыздың күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Жаратқан Ийе қызды кеширеди.
10. Жесир яки күйеўинен айырылысқан ҳаялдың берген ўәдеси ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген анты өз күшинде қалады.
11. Егер күйеўи менен бирге жасап атырған ҳаял ўәде берсе ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ант ишсе,
12. оның күйеўи бул ҳаққында еситип, оған қарсы шықпаса, онда ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен ҳәр бир анты өз күшинде қалады.
13. Ал егер оның күйеўи бул ҳаққында еситкен күни буны бийкарласа, ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен анты өз күшинде қалмайды. Күйеўи буларды бийкарлағаны ушын, Жаратқан Ийе ҳаялды кеширеди.
14. Солай етип, күйеўи ҳаялының берген ўәдесин ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ишкен антын орынлаўына рухсат бериўи де, оны бийкар қылыўы да мүмкин.
15. Егер күйеўи бир күн ишинде бул мәселеде ҳаялына қарсы шықпаса, онда ҳаялының берген барлық ўәделерин ямаса бир нәрседен өзин тыйыўы ушын ишкен антын тастыйықлап, рухсат берген болады. Себеби ол буларды еситкен күни ҳаялына қарсы шықпай, оны мақуллаған болып есапланады.
16. Бирақ күйеўи буларды еситкеннен кейин ертеңине бийкарласа, ол ҳаялының айыбына өзи жуўапкер болады».
17. Ерли-зайыплылардың ҳәм әкеси менен үйинде жасап атырған қыздың арасындағы қарым-қатнасларға тийисли Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған нызамлары усылардан ибарат.
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Мидянлылардан израиллылардың өшин ал, соннан кейин бул дүньядан көз жумып, өз ата-бабаларыңа қосыласаң.
3. Соннан кейин, Муўса халыққа: – Мидянлыларға барып, олардан Жаратқан Ийениң өшин алыў ушын өз адамларыңызды урысқа алып шығың.
4. Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан урысқа жибериң, – деди.
5. Солай етип, Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан, он еки мың адам таңлап алынып, урысқа таяр болып турды.
6. Муўса оларды ҳәм руўханий Элазар улы Пинехасты урысқа жиберди. Пинехас өзи менен бирге мухаддес орынға тийисли базы буйымларды ҳәм дабыл қағып белги беретуғын кәрнайларды алып кетти.
7. Израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша мидянлыларға қарсы саўаш ашып, олардың барлық еркеклерин қырып таслады.
8. Өлтирилгенлердиң арасында Мидянның бес патшасы – Эўий, Рекем, Сур, Хур ҳәм Реба да бар еди. Олар Беор улы Биламды да қылыш пенен өлтирди.
9. Израиллылар мидян халқының ҳаяллары менен балаларын тутқын қылып, барлық малларын, сүриўлерин ҳәм мүликлерин олжа қылып алды.
10. Мидянлылардың жасап атырған барлық қалалары менен ордаларына от берди.
11. Олар адамларды, ҳайўанларды ҳәм олжа қылып алған барлық мүликлерди өзлери менен алып кетти.
12. Бул тутқынларды ҳәм олжа қылып алған мал-мүликлерди Иордан дәрьясының бойына, Муўса менен руўханий Элазар ҳәм Израил жәмийети жыйналған Ерихо қаласының қарсысында жайласқан ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегиндеги ордаға алып келди.
13. Муўса, руўханий Элазар ҳәм жәмийет басшылары оларды қарсы алыў ушын орданың сыртына шықты.
14. Бирақ Муўса саўаштан қайтқан орда сәркәрдаларына – мыңбасыларға ҳәм жүзбасыларға ғәзепленди.
15. Муўса оларға былай деди: – Не ушын барлық ҳаялларды аман қалдырдыңыз?!
16. Бул ҳаяллар Биламның берген мәсләҳәти бойынша Пеор таўында израиллылардың Жаратқан Ийеге қыянет етиўине себеп болған еди. Сол себепли Жаратқан Ийениң жәмийети арасында өлим обасы ҳәўиж алған еди.
17. Енди барлық ул балаларды ҳәм еркек көрген ҳаялларды өлтириң.
18. Тек ғана еркекке жақынласпаған жас қызларды өзлериңиз ушын аман қалдырың.
19. Соңынан араңыздағы адам өлтирген ямаса өлиге жантасқан ҳәр бир адам жети күн даўамында орданың сыртында қалсын. Үшинши ҳәм жетинши күни өзлериңизди де, тутқынларыңызды да пәклең.
20. Және де, барлық кийимлерди, териден, ешки жүнинен ҳәм ағаштан исленген ҳәмме затларды пәклең.
21. Кейин руўханий Элазар саўаштан қайтқан ләшкерлерге былай деди: – Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған нызамының талаплары мыналардан ибарат:
22. алтын, гүмис, мыс, темир, қалайы, қорғасын –
23. отқа жанбайтуғын барлық затларды оттан өткерип, ҳадаллап алың, сонда олар ҳадал саналады. Соның менен бирге, оларды пәклеў суўы менен де ҳадаллаң. Отқа жанатуғын затларды суўдың өзи менен ҳадаллап алың.
24. Жетинши күни кийимлериңизди жуўың. Сонда сизлер пәк саналасызлар. Кейин сизлер ордаға қайтып келиўиңизге болады.
25. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
26. – Сен, руўханий Элазар ҳәм жәмийеттиң әўлад басшылары қолға түскен тутқынлар менен олжаға түскен малларды есаплап шығың.
27. Қолға киргизгенлериңизди теңдей екиге бөлип, саўашқа қатнасқан ләшкерлер менен жәмийеттиң қалған адамларына бөлистирип бериң.
28. Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң пайына түскен тутқынлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге, Маған бес жүзден биреўин пай қылып айырып бериң.
29. Әскерлерден алынған усы пайды Маған ажыратылған түрде руўханий Элазарға бериң.
30. Израиллыларға түскен жарты пайдан – адамлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан, яғный барлық ҳайўанлардан елиўден биреўин алып, Мениң Мухаддес шатырымның жумысына жуўапкер болған лебийлилерге бериң.
31. Муўса менен руўханий Элазар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
32. Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң қолға киргизгенлеринен қалған олжалар мыналар еди: 675 000 майда мал,
33. 72 000 ири мал,
34. 61 000 ешек,
35. еркекке жақынласпаған 32 000 қыз.
36. Саўашқа қатнасқан ләшкерлерге түскен жарты пай мыналар: 337 500 майда мал,
37. булардан Жаратқан Ийеге 675 ири мал пай қылып берилди,
38. 36 000 ири мал, булардан Жаратқан Ийеге 72 ири мал пай қылып берилди,
39. 30 500 ешек, булардан Жаратқан Ийеге 61 ешек пай қылып берилди,
40. 16 000 қыз, булардан Жаратқан Ийеге 32 қыз пай қылып берилди.
41. Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай Жаратқан Ийеге ажыратылған пайды руўханий Элазарға берди.
42. Муўсаның саўашқа қатнасқан ләшкерлерден алып, израиллыларға ажыратып берген жарты пайы мыналар:
43. 337 500 майда мал,
44. 36 000 ири мал,
45. 30 500 ешек,
46. 16 000 қыз.
47. Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, Муўса израиллыларға түскен жарты пайдан ҳәр елиў адамнан ҳәм ҳәр елиў ҳайўаннан биреўин алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының хызметине жуўапкер болған лебийлилерге берди.
48. Соннан кейин, орда сәркәрдалары – мыңбасылар менен жүзбасылар Муўсаның алдына барып:
49. – Мырза, қол астымыздағы ләшкерлерди санап шықтық, бирде бир ләшкеримизди жойтпаппыз.
50. Мине, қолға киргизген алтын буйымларымызды – қолға тағылатуғын шынжыр, билезик, жүзик, сырға ҳәм ҳәйкеллеримизди алып келдик. Жанымыздың қуны сыпатында усыларды Жаратқан Ийеге беремиз, – деди.
51. Муўса менен руўханий Элазар олар алып келген барлық алтын буйымларды алды.
52. Мыңбасы менен жүзбасылар Жаратқан Ийеге берген алтынның аўырлығы барлығы болып 16 750 шекел.
53. Саўашқа қатнасқан ҳәр бир ләшкер болса, олжаларын өзлерине қалдырған еди.
54. Муўса менен руўханий Элазар мыңбасы ҳәм жүзбасылардың усынған алтынларын қабыллап алды. Оларды Жаратқан Ийениң Израил халқын еслеп турыўы ушын Ушырасыў шатырына алып келди.
1. Рубен ҳәм Гад урыўларының маллары жүдә көп еди. Олар Язер ҳәм Гилад жерлериниң мал шарўашылығы ушын қолайлы жер екенин көрип,
2. Муўса менен руўханий Элазардың ҳәм жәмийет басшыларының алдына барып, былай деди:
3. – Атарот, Дибон, Язер, Нимра, Хешбон, Элале, Себам, Небо ҳәм Беон қалалары
4. жайласқан елди Жаратқан Ийе Израил халқына жеңип берди. Бул елдиң жери маллар ушын қолайлы екен. Ал қулларыңыз болған бизлерде малларымыз бар.
5. Егер де сениң кеўлиңди тапқан болсақ, бизлерди Иордан дәрьясының арғы тәрепине өткизбей, бул елди мүлик етип, бизлерге бер.
6. Муўса оларға былай деп жуўап берди: – Туўысқанларыңыз саўашқа баратырғанда, сизлер усы жерде қалажақсыз ба?
7. Жаратқан Ийениң берип атырған жерине кириўге израиллыларды не ушын айнытып атырсызлар?
8. Мен ата-бабаларыңызды елди көзден өткериўге Қадеш-Барниядан жибергенимде, олар да тап усындай қылған еди.
9. Олар Эшкол сайына дейин барып, елди көзден өткергеннен соң, Жаратқан Ийениң өзлерине беретуғын жерге бармаўы ушын израиллыларды айнытқан еди.
10. Сол күни Жаратқан Ийениң ғәзеби қайнап, былай деп ант ишкен еди:
11. «Мысыр жеринен шыққан жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы адамлардың ҳеш бири Мениң Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерди көрмейди. Өйткени олар пүткил жүреги менен Маған бойсынбады.
12. Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш бири ол жерди көрмейди. Себеби Калеб ҳәм Ешуа пүткил жүреги менен Маған садық қалды».
13. Жаратқан Ийе израиллыларға қатты ғәзепленди. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўызлық болған ислерди қылған сол әўладтың пүткиллей жоқ болып кеткенинше, оларды қырық жыл шөлде алып жүрди.
14. Енди, мине, гүнакарлар әўлады болған сизлер әкелериңиздиң орнын басып, Жаратқан Ийениң Израилға болған ғәзебин күшейтип атырсызлар.
15. Егер Оннан жүз бурсаңыз, Ол пүткил бул халықты және шөлге таслап кетеди. Солай етип, сизлер усы халықты жоқ қылажақсызлар.
16. Бирақ Гад ҳәм Рубен урыўы Муўсаның қасына жақынлап, былай деди: – Бизлердиң усы жерде малларымыз ушын қоралар соғып, бала- шағаларымыз ушын қалалар қурыўымызға рухсат бер.
17. Ал өзлеримиз болса қуралланып, израиллылар менен бирге барып, олардың мәкан қылатуғын жерин ийелеп алғанға дейин, олардың алдында жүремиз. Бала- шағаларымыз елдиң турғынларынан қәўипсиз болған қорған қалаларда жасай берсин.
18. Ҳәр бир израиллы өз мүлкин ийелемегенше, бизлер үйлеримизге қайтпаймыз.
19. Иордан дәрьясының арғы жағасында олар менен бирге жер үлестен алмаймыз, себеби бизлердиң үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болады.
20. Муўса оларға былай деп жуўап берди: – Егер сизлер айтқанларыңызды орынлайтуғын болсаңыз, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа барыў ушын қуралланың.
21. Жаратқан Ийе душпанларын қуўып жибермегенше, ҳәммеңиз Оның алдында қуралланып, Иордан дәрьясының арғы жағасына өтиң.
22. Пүткил сол ел Жаратқан Ийе ушын басып алынғаннан соң, сизлер Жаратқан Ийе ҳәм Израил халқы алдындағы миннетиңизден азат боласызлар. Сонда сизлер усы жерге қайтып келиўиңизге болады ҳәм бул жер Жаратқан Ийениң алдында сизлердиң мүлкиңиз болып қалады.
23. Бирақ айтқанларыңызды орынламасаңыз, Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеген боласызлар ҳәм бул гүнаңыз өз басыңызға жетеди.
24. Бала- шағаларыңыз ушын қалалар қурып, малларыңыз ушын қоралар соғың. Деген менен, берген ўәдеңизде турың.
25. Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары Муўсаға былай деди: – Мырзамыз, сиз не буйырсаңыз, қулларыңыз болған бизлер соны орынлаймыз.
26. Бала-шағамыз, малларымыз ҳәм ҳайўанларымыз усы жерде, Гилад қалаларында қалады.
27. Ал қулларыңыз болған бизлер сизиң буйырғаныңыздай, ҳәр биримиз қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа түсиў ушын дәрьяның арғы жағасына өтемиз.
28. Соннан кейин, Муўса Гад ҳәм Рубен урыўлары ҳаққында руўханий Элазарға, Нун улы Ешуаға ҳәм Израил урыўларының әўлад басшыларына буйрық берип,
29. былай деди: – Егер Гад ҳәм Рубен урыўларынан қуралланған адамлар Жаратқан Ийениң алдында сизлер менен бирге Иордан дәрьясының арғы жағасына өтсе ҳәм сизлер сол елди қолға киргизсеңиз, онда Гилад үлкесин мүлик қылып, оларға бериң.
30. Бирақ, егер де олар қуралланып, сизлер менен бирге дәрьяның арғы жағасына өтпесе, онда олар Қанан үлкесинен сизлер менен бирге үлес жер алады.
31. Сонда Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары: – Жаратқан Ийе қулларыңыз болған бизлерге қандай буйрық берген болса, соның ҳәммесин орынлаймыз.
32. Бизлер қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында Қанан үлкесине барамыз. Ал бизлердиң алатуғын жер үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болсын, – деди.
33. Солай етип, Муўса Гад пенен Рубен урыўларына ҳәм Юсуп улы Менашше урыўының жартысына амор халқының патшасы Сихонның ели менен Башан патшасы Огтың елин ҳәм олардың қалалары менен қала дөгерегиндеги жерлерди берди.
34. Гад урыўы Дибон, Атарот, Ароер,
35. Атрот-Шофан, Язер, Иогбоҳа,
36. Бейт- Нимра ҳәм Бейт-Ҳаран деген қорғанлы қалаларын жаңадан қурды, маллары ушын қоралар соқты.
37. Рубен урыўы Хешбон, Элале, Кирятайым,
38. атлары өзгертилген еки қала Небо менен Баал-Меон ҳәм Сибма қалаларын қайта қурды. Олар тиклеген қалаларына жаңадан ат қойды.
39. Менашшениң улы Махирдиң әўладлары Гиладқа барды ҳәм оны ийелеп алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып шығарды.
40. Солай етип, Муўса Гиладты Менашше улы Махирдиң әўладына берди. Олар сол жерге қоныс басты.
41. Менашшениң улы Яир бир неше қалаларға ҳүжим етип, оларды ийелеп алды. Сол жерлерди Яирге тийисли қалалар деп атады.
42. Нобах та Кенат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды ийелеп алып, ол жерди өзиниң аты менен Нобах деп атады.
1. Муўса ҳәм Харонның жетекшилиги астында топ-тобы менен Мысырдан шыққан израиллылар төмендеги жоллар менен жүрип өтти.
2. Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша көшип-қонып жүрген жолларында қоныс басқан жерлериниң атларын жазып барды. Бул жерлер мыналар еди:
3. Израиллылар Қутқарылыў асынан кейинги күни, биринши айдың он бесинши күни мысырлылардың көз алдында нық қәдем атып, Рамсес қаласынан жолға шықты.
4. Сол ўақытта мысырлылар Жаратқан Ийениң өлтирген туңғыш улларын жерлеп атырған еди. Себеби Жаратқан Ийе олардың қудайларын жазалаған еди.
5. Солай етип, израиллылар Рамсестен жолға шығып кеткеннен кейин, олар Суккотқа орналасты.
6. Кейин олар Суккоттан шығып, шөлдиң шетиндеги Этамға орналасты.
7. Этамнан шығып, олар Баал-Сефонның шығысындағы Пий-Ҳахиротқа қарай бурылып, Мигдолға жақын жерге орналасты.
8. Пий-Ҳахироттан шығып, теңиз арқалы өтип, шөлге қарай жол алды. Этам шөлинде үш күн жол жүргеннен соң, олар Мараға орналасты.
9. Марадан шығып, олар он еки суў булағы ҳәм жетпис пальма ағашы болған Элимге барып, сол жерде орналасты.
10. Олар Элимнен шығып, Қамыс теңизиниң бойына орналасты.
11. Қамыс теңизиниң бойынан шығып, Син шөлине орналасты.
12. Син шөлинен шығып, олар Дофқаға орналасты.
13. Дофқадан шығып, Алушқа орналасты.
14. Алуштан шығып, Рефидимге орналасты. Бирақ ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди.
15. Рефидимнен шығып, Синай шөлине орналасты.
16. Синай шөлинен шығып, Киброт-Ҳаттааўаға орналасты.
17. Киброт-Ҳаттааўадан шығып, Хасеротқа орналасты.
18. Хасероттан шығып, Ритмаға орналасты.
19. Ритмадан шығып, Риммон-Переске орналасты.
20. Риммон-Перестен шығып, Либнаға орналасты.
21. Либнадан шығып, Риссаға орналасты.
22. Риссадан шығып, Кеҳелатаға орналасты.
23. Кеҳелатадан шығып, Шефер таўына орналасты.
24. Шефер таўынан шығып, Харадаға орналасты.
25. Харададан шығып, Мақҳелотқа орналасты.
26. Мақҳелоттан шығып, Тахатқа орналасты.
27. Тахаттан шығып, Терахқа орналасты.
28. Терахтан шығып, Митқаға орналасты.
29. Митқадан шығып, Хашмонаға орналасты.
30. Хашмонадан шығып, Мосеротқа орналасты.
31. Мосероттан шығып, Бене-Яақанға орналасты.
32. Бене-Яақаннан шығып, Хор-Ҳагидгадқа орналасты.
33. Хор-Ҳагидгадтан шығып, Иотбатаға орналасты.
34. Иотбатадан шығып, Абронаға орналасты.
35. Абронадан шығып, Эсион-Геберге орналасты.
36. Эсион-Геберден шығып, Зин шөлиндеги Қадешке орналасты.
37. Қадештен шығып, олар Эдом шегарасындағы Ҳор таўының қасына орналасты.
38. Руўханий Харон Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Ҳор таўына шығып, сол жерде қайтыс болды. Бул ўақыя израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин қырқыншы жылы, бесинши айдың биринши күнинде болды.
39. Харон Ҳор таўында қайтыс болғанда 123 жаста еди.
40. Қанан елиниң Негебте жасайтуғын қананлы Арад патшасы израиллылардың сол жерге келгенинен хабар тапты.
41. Израиллылар Ҳор таўынан шығып, Салмонаға орналасты.
42. Салмонадан шығып, Пунонға орналасты.
43. Пуноннан шығып, Оботқа орналасты.
44. Оботтан шығып, Моаб шегарасындағы Ийе-Абаримге орналасты.
45. Ийе-Абаримнен шығып, Дибон-Гадқа орналасты.
46. Дибон-Гадтан шығып, Алмон-Диблатайымға орналасты.
47. Алмон-Диблатайымнан шығып, Небоға жақын Абарим таўларында орналасты.
48. Абарим таўларынан шығып, ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегине, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойына орналасты.
49. Олар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде Иордан бойлап, Бейт-Ешимоттан Абел-Шиттимге дейин орналасып барды.
50. Сол жерде, ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойында Жаратқан Ийе Муўсаға былай деп айтты:
51. – Израиллыларға былай деп айт: «Сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Қанан елине киргениңизде,
52. сол елде жасайтуғын барлық халықты қуўып жибериң, бут сүўретлерин ҳәм мүсинлерин жоқ қылып, сыйыныў орынларын бузып таслаң.
53. Елди ийелеп алып, ол жерге орналасып алың, өйткени Мен сизлерге сол жерди мүлик қылып бердим.
54. Жерлерди урыўлар ара шек таслап бөлисип алың. Үлкен урыўға үлкен үлес жер, киши урыўға киши үлес жер бериң. Шек бойынша кимге қайсы жер түссе, сол жер сол урыўға тийисли болады. Үлес жерлерди ата-бабаларыңыздан тараған урыўлар бойынша бөлистирип бериң.
55. Егер сол елдиң турғынларын қуўып шығармасаңыз, онда сол жерде қалған халық көзлериңизге түскен шөп, бүйирлериңизге кирген тикендей болады. Олар жасайтуғын жериңизде сизлерди қысқыға алады.
56. Сонда Мен оларға не ислеўди нийетлеген болсам, сизлерге соны ислеймен».
1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Израиллыларға былай деп буйыр: «Сизлерге мүлик етип берилетуғын Қанан елине киргениңизде, оның шегаралары мынадай болады:
3. Сизлердиң қубла тәрептеги шегараңыз Зин шөлинен Эдом шегарасы бойлап созылады. Бул қубла шегараңыз шығыстағы Өли теңиздиң шетинен басланады.
4. Оннан кейин Ақраббим бийиклигиниң қубласынан Зин арқалы өтип, Қадеш-Барнияның қубласына дейин созылады. Ол жерден шегара Хасар-Аддар арқалы өтип, Асмонға дейин барады.
5. Кейин сол жерден бурылып, Мысыр шегарасындағы сайға дейин созылып, Жер Орта теңизине барып таўысылады.
6. Батыс шегараңыз Жер Орта теңизиниң жағасы болады. Батыстағы шегараңыз усыдан ибарат.
7. Арқа шегараңыз Жер Орта теңизинен Ҳор таўына дейин созылады.
8. Ҳор таўынан Лебо-Хаматқа дейин, кейин Седадқа дейин барып,
9. Зифронға дейин созылады ҳәм Хасар-Энанда таўысылады. Арқадағы шегараңыз усыдан ибарат.
10. Шығыс шегараңыз Хасар-Энаннан басланып, Шефамға дейин созылады.
11. Кейин шегара Шефамнан Айынның шығыс тәрепиндеги Риблаға дейин барады. Ол жерден Киннерет көлиниң шығыс жағындағы жанбаўырларға дейин созылады.
12. Соннан кейин, шегара ол жерден Иордан дәрьясы бойынша созылып, Өли теңизге барып тоқтайды. Ҳәр тәрептеги елиңиздиң шегаралары усы болады».
13. Соннан кейин, Муўса израиллыларға: – Мине, мүлик қылып, шек бойынша бөлисип алатуғын ел усы болады. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бул ел тоғыз урыў менен бир урыўдың ярымына бөлистирип бериледи.
14. Өйткени Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы өзлерине тийисли жер үлесин әўладлары бойынша бөлисип алды.
15. Бул еки урыў менен ярым урыў Ерихоның қарсысындағы Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен өз мүликлерин алды, – деди.
16. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
17. – Руўханий Элазар ҳәм Нун улы Ешуа Израил халқына елди бөлистирип берсин.
18. Елди бөлистириў ушын ҳәр бир урыўдан бир жетекшиден алып, хызметке қойың.
19. Сол адамлардың атлары мыналар: Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,
20. Шимон урыўынан Аммиҳуд улы Самуел,
21. Бенямин урыўынан Кислон улы Элидад,
22. Дан урыўынан Иоглий улы басшы Буккий,
23. Юсуп улы Менашше урыўынан Эфод улы басшы Ханниел,
24. Эфрайым урыўынан Шифтан улы басшы Кемуел,
25. Зебулон урыўынан Парнах улы басшы Элисафан,
26. Иссахар урыўынан Аззан улы басшы Палтиел,
27. Ашер урыўынан Шеломий улы басшы Ахиҳуд,
28. Нафталий урыўынан Аммиҳуд улы басшы Педаел.
29. Қанан жерин Израил халқына мүлик етип бөлистирип бериң, деп Жаратқан Ийе усы адамларға буйырған еди.
1. Жаратқан Ийе ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойында Муўсаға былай деди:
2. – Израиллыларға буйыр, олар алатуғын үлес жеринде лебийлилердиң жасаўы ушын қалалар ажыратып берсин. Соның менен бирге, қалалардың әтирапындағы жайлаўларды да берсин.
3. Солай етип, лебийлилердиң жасаўы ушын қалалары ҳәм олардың пада, сүриўлери менен басқа да ҳайўанлары ушын жайлаўлары болсын.
4. Лебийлилерге берилетуғын қалалардың айлана әтирапындағы жайлаўлар қала қорғанынан баслап мың шығанақ узынлыққа созылған болсын.
5. Қала ортада жайласқан болып, оның сыртынан баслап, шығысқа, қублаға, батысқа ҳәм арқаға қарай еки мың шығанақтан өлшеп шығың. Булар қалалар ушын жайлаўлар болады.
6. – Лебийлилерге берилетуғын қалалардан алтаўы паналайтуғын қала болсын. Солай етип, адам өлтириўшиниң сол жерге қашыўына жол қоясызлар. Усы алты қаладан тысқары лебийлилерге қырық еки қала берилсин.
7. Барлығы болып, лебийлилерге жайлаўлары менен бирге қырық сегиз қала бересизлер.
8. Израиллылардың үлес жеринен лебийлилерге берилетуғын қалалар ҳәр бир урыўға түскен пайына ылайықлы болсын. Көп алған урыў көп, аз алған урыў аз сандағы қала берсин.
9. Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесиўин даўам етип, былай деди:
10. – Израиллыларға былай деп айт: «Иордан дәрьясынан өтип, Қанан елине киргениңизден кейин,
11. паналайтуғын қалаларды таңлап алың. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол паналайтуғын қалаға қашып кете алатуғын болсын.
12. Бул қалалар адам өлтирип қойған адамның жәмийет алдында ҳүким етилмесинен алдын өлтирилмеўи ушын, оның өш алыўшы әменгерден қашып, паналайтуғын жери болады.
13. Сизлер ажырататуғын алты қала паналайтуғын қала болсын.
14. Паналайтуғын қалалардың үшеўи Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен, қалған үшеўи Қанан жеринен таңлап алынсын.
15. Бул алты қала израиллылар ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер менен жат жерли адамлар ушын паналаў қаласы болсын. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол жерге қашып барсын.
16. Егер ким де ким темир қурал менен бир адамды урып өлтирип қойса, онда урған адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
17. Егер тас пенен биреўди урып, оны өлтирсе, өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
18. Ямаса ол ағаш буйым менен биреўди урып, оны өлтирсе, онда өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
19. Өлген адамның өш алыўшы адамы қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.
20. Сондай-ақ егер бир адам биреўди жек көргенликтен ийтерип жиберип ямаса билқастан оған қарай бир нәрсени ылақтырып, ол адамды өлтирсе,
21. ямаса өшегисип, оны мушы менен урып өлтирсе, урған адам сөзсиз өлтирилсин. Өйткени ол қанхор. Өлген адамның өшин алыўшы адам қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.
22. Егер ким де ким бир адамды өшегисип емес, ал абайсыздан ийтерип жиберсе, ямаса оған қарай билместен бир нәрсени ылақтырып жиберсе,
23. ямаса оны көрмей қалып, үстине бир тасты түсирип алып, оны өлтирип қойса, бирақ өлтирип қойған адам оған душпан болмай, оған жаўызлық ойламаған болса,
24. жәмийет адам өлтирип қойған менен өш алыўшы әменгердиң арасында усы қағыйдалар бойынша қарар шығарсын.
25. Жәмийет адам өлтирип қойған адамды өш алыўшы әменгердиң қолынан қорғаўы керек ҳәм оны қашып келген паналайтуғын қалаға қайтадан қайтарып жиберсин. Ол адам мухаддес май менен майланған бас руўханийдиң өлимине дейин сол жерде жасап қалсын.
26. Бирақ адам өлтириўши қашып барған паналайтуғын қаланың шегарасынан шықса,
27. өш алыўшы әменгер де оны паналайтуғын қаланың шегарасының сыртында көрип қалса, өш алыўшы әменгер адам өлтириўшини өлтирсе, ол айыплы саналмайды.
28. Өйткени адам өлтириўши бас руўханийдиң өлимине дейин паналайтуғын қала ишинде болыўы керек. Тек ғана бас руўханийдиң өлиминен соң өз жерине қайтыўына болады.
29. Қай жерде жасасаңыз да булар әўладлар даўамында сизлер ушын қағыйда болсын.
30. Адам өлтириўши гүўалардың айтқан сөзлери бойынша өлим жазасына тартылсын. Тек бир адамның ғана гүўалығы менен ҳеш ким өлтирилмесин.
31. Өлимге ылайықлы қанхордың жанын қутқарыў ушын қун алмаң, ол сөзсиз өлтирилсин.
32. Паналайтуғын қалаға қашқан адам қун төлеп, бас руўханийдиң өлиминен алдын өз жерине қайтып барып жасаўына рухсат бермең.
33. Өзлериңиз жасап атырған елди ҳарамламаң. Қан төгиўшилик елди ҳарамлайды. Ишинде қан төгилген жер тек ғана қан төккен адамның қаны менен пәкленеди.
34. Өзлериңиз ишинде жасап атырған ҳәм Мен ишинде болып атырған жерди ҳарамламаң. Себеби Мен израиллылардың арасында жасайтуғын Жаратқан Ийемен».
1. Бир күни Юсуп улы Менашше урыўынан Махир улы Гилад әўладынан болған басшылар Муўсаның ҳәм Израилдың тийре басшыларының алдына келип, оларға былай деди:
2. – Жаратқан Ийе елди мүлик етип, шек бойынша израиллылар арасында үлестириў ушын мырзамыз Муўсаға буйрық берди. Туўысқанымыз Селофехадтың мүлки қызларына берилиўи ушын да буйрық берилген еди.
3. Деген менен, егер Селофехадтың қызлары басқа бир Израил урыўына тийисли еркеклерге турмысқа шықса, олардың мүликлери күйеўлери тийисли болған урыўдың мүлкине өтип кетеди. Сонда урыўымыз шек бойынша алған жер үлесиниң бир бөлегинен айырылып қалады.
4. Ҳәттеки, израиллылардың Қутлы жылы белгиленгенде де, қызлардың мүлки урыўымызға қайтарылмай, күйеўлери тийисли болған урыўда қалып кетеди. Солай етип, олардың мүликлери бабаларымыздың урыўына түскен мүликтен алынып, бир бөлек жеримизден айырылып қаламыз.
5. Муўса Жаратқан Ийениң сөзи бойынша израиллыларға былай деп буйрық берди: – Юсуп әўладынан болған адамлардың айтқанлары дурыс.
6. Жаратқан Ийе Селофехадтың қызлары ҳаққында мынадай буйрық береди: «Селофехадтың қызлары қәлеген жигитке турмысқа шығыўына болады, бирақ бул жигитлер әкесиниң урыўынан ҳәм тийресинен болыўы шәрт.
7. Израил халқының мүлик етип алған жери бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпесин. Ҳәр бир израиллы өз урыўының мүлкин сақлап қалсын.
8. Израилдағы ҳәр бир урыўдағы жер мүлкине мийрасхор болған қыз әкеси тийисли болған урыў ҳәм тийресиндеги жигитке турмысқа шықсын. Солай етип, ҳәр бир израиллы ата-бабаларының мүлкине өзлери ийелик етип қалсын.
9. Сонда мүлик бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпейди. Ҳәр бир Израил урыўы өзлерине алған мүликти сақлап қалсын».
10. Селофехадтың қызлары Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай иследи.
11. Селофехадтың қызлары Махла, Тирса, Хогла, Милка ҳәм Ноа өз аталас ағаларына турмысқа шықты.
12. Солай етип, олар Юсуп улы Менашше урпағынан болған жигитлерге турмысқа шықты ҳәм олардың мүликлери әкелери тийисли болған тийре ҳәм урыўда қалды.
13. Жаратқан Ийениң Муўса арқалы ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихо қаласының қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында израиллыларға берген буйрық ҳәм нызамлары усылардан ибарат еди.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.