Мухаддес Китап
3 Юхан
1. Мен, Юхан ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сәлем!
2. Сүйикли туўысқаным! Руўхый өмириң саў болғандай, ҳәмме нәрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман.
3. Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳәм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым.
4. Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ.
5. Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жәрдем берип атырсаң.
6. Олар исениўшилер жәмәәти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Қудайға минәсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң.
7. Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жәрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди.
8. Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап-қуўатлаўымыз керек.
9. Мен исениўшилер жәмәәтине базы нәрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы көретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр.
10. Сонлықтан егер барсам, оның ислерин әшкара етемен. Ол бизлерди жаман сөзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳәтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жәмәәттен қуўып атыр.
11. Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы өрнек ал. Жақсылық ислейтуғын адам Қудайдан. Жаманлық ислейтуғын адам Қудайды көрген емес.
12. Димитрий ҳаққында ҳәмме адам, ҳақыйқаттың өзи де жақсы гүўалық берип атыр. Бизлер де жақсы гүўалық берип атырмыз. Гүўалығымыздың дурыс екенин сен билесең.
13. Саған жазажақ көп нәрселерим бар еди, бирақ сыя ҳәм қәлем менен жазыўды қәлемеймен.
14. Сени тез арада көриў үмитиндемен, сонда жүзбе-жүз сөйлесемиз.
15. Аман бол! Дослар саған сәлем айтып атыр. Сен де сол жердеги досларға атпа-ат сәлем айтып қой.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян
• Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.
• Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)