Мухаддес Китап

1 Коринфлилер

1. Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Состенистен,
2. Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине сәлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масихтың атын ҳәмме жерде айтып шақырыўшылардың ҳәммеси менен бирге Масих Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳәм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масих – олардың да, бизлердиң де Ийемиз.
3. Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
4. Қудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен.
5. Өйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳәр тәреплеме бай болдыңлар. Әсиресе Қудайдың сөзин айтыўда шешен ҳәм ҳәр қыйлы билимге ийе болдыңлар.
6. Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң өмириңизде усылай тастыйықланды.
7. Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик көрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер.
8. Ийемиз Ийса Масих келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Қудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады.
9. Сизлерди Өз Улы Ийемиз Ийса Масих пенен қатнаста болыўға шақырған Қудай – садық.
10. Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳәммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бөлиниў болмай, бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиңлер.
11. Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим.
12. Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполосқа тийислимен», «Мен Кифаға тийислимен» ямаса «Мен Масихқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз.
13. Масих бөлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған ба едиңиз?
14. Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Қудайға шүкирлик етемен.
15. Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды.
16. Рас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа және кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман.
17. Масих мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жәриялаў ушын жиберди. Масихтың атанақ ағаштағы өлими әҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды дана сөзлерге тийкарланбай жәрияладым.
18. Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сөзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Қудайдың қүдирети.
19. Өйткени Мухаддес Жазыўда Қудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен, Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман».
20. Олай болса, дана адам қәне? Алым* қәне? Ҳәзирги заманның ойшылы қәне? Қудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма?
21. Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Қудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди.
22. ҳудийлер кәраматлы белгилер көрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди.
23. Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жәриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып көринеди.
24. Қудай тәрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих – Қудайдың қүдирети ҳәм Оның даналығы.
25. Өйткени Қудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Қудайдың «ҳәлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек.
26. Туўысқанларым, Қудай тәрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип көриңлер. Адамның көз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да көп емес еди.
27. Бирақ, Қудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳәлсиз деп санаған адамларды таңлады.
28. Ол және де, дүнья әҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы төмен, пәс ҳәм әҳмийетсиз деп санағанларды таңлады.
29. Қудай буны Өзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи.
30. Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳәм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды.
31. Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын» .
1. Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Қудайдың сырын жәриялағанымда, шешен сөзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым.
2. Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳәм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим.
3. Мен сизлерге ҳәлсизлик, қорқыныш ҳәм қатты дирилди менен бардым.
4. Сөйлеген сөзим ҳәм айтқан ўазым адам ақылының исендириўши сөзлерине емес, ал Мухаддес Руўхтың Өз қүдирети менен көрсеткен дәлилине тийкарланған еди.
5. Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Қудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди.
6. Деген менен, бизлер руўхый жетискен адамлар арасында дана сөзлер сөйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳәм оның өткинши ҳүкимдарларының даналығы емес.
7. Бизлер Қудайдың жасырын ҳәм сырлы болған даналығы ҳаққында сөз етип атырмыз. Қудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди.
8. Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди.
9. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Көз көрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди, Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты».
10. Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Өйткени Мухаддес Руўх ҳәмме нәрсени, ҳәтте, Қудайдың терең ой-пикирлерин де биледи.
11. Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Қудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды.
12. Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еттик.
13. Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сөзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сөзлер менен сөйлеймиз. Яғный, руўхый нәрселерди руўхый сөзлер менен түсиндиремиз.
14. Өз тәбияты бойынша жасайтуғын адам Қудайдың Руўхы беретуғын нәрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жәрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды.
15. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тәрепинен берилген ҳәмме нәрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды.
16. «Жаратқан Ийемиздиң ойындағысын ким биле алады? Оған ким ақыл бере алады?» Бирақ, бизлер Масихтың ақыл-ойына ийемиз.
1. Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сөйлегендей, сөйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тәбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масих пенен болған қатнаста еле гөдеклик дәрежесинде болғанларға сөйлегендей, сөйледим.
2. Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Өйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге әззилик қылатуғын едиңиз. Ҳәтте, ҳәзир де оны жеўге әззилик қыласызлар.
3. Себеби сизлер еле де гүнакар тәбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳәм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тәбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды көрсетпей ме?
4. Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполосқа тийислимен» десе, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма?
5. Олай болса, Аполос ким? Павел ким? Аполос ҳәм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Қудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳәр биримизге хызмет тапсырған.
6. Туқымды мен ектим, Аполос суўғарды. Бирақ, егинди Қудай өсирди.
7. Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да әҳмийетли емес, ал егинди өсирген Қудай әҳмийетли.
8. Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳәр бири өз мийнетиниң ҳақысын алады.
9. Бизлер Қудай менен бирге ислеймиз. Ал сизлер – Қудайдың атызы ҳәм имаратысыз.
10. Қудайдың өзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳәр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын.
11. Өйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масихтан басқа бир тийкар сала алмайды.
12. Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, пишеннен ямаса сабаннан имарат салады.
13. Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди.
14. Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады.
15. Ал шыдамай жанып кетсе, зыян көреди. Оның өзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады.
16. Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме?
17. Егер ким де ким Қудайдың ибадатханасын бузса, оны Қудай урады. Өйткени Қудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳәм сол ибадатхана сизлерсиз.
18. Ҳеш бир адам өзин өзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз өзин бул дүньяның көз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Қудай нәзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның көз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын.
19. Себеби бул дүньяның даналығы Қудай нәзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды олардың ҳийлелери менен қолға түсиреди» .
20. Және де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Ийемиз биледи» , – деп жазылған.
21. Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Өйткени ҳәммеси сизлерге тийисли:
22. Павел де, Аполос та, Кифа да, дүнья да, өмир ҳәм өлим де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, ҳәммеси сизлерге тийисли.
23. Сизлер Масихқа тийислисиз, ал Масих Қудайға тийисли.
1. Солай етип, адамлар Масихтың елшилери болған бизлерди Масихтың хызметшилери ҳәм Қудайдың сырларын аян етиўши хызметкерлер деп есапласын.
2. Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нәрсе – садықлық.
3. Мени сизлердиң ямаса басқа адамлардың қалай ҳүким етиўи мен ушын әҳмийетли емес. Ҳәтте, мен өзим де өзимди ҳүким етпеймен.
4. Себеби мениң ҳүжданым таза. Бирақ, мен усы себептен ақланбайман. Мени ҳүким ететуғын – Ийемиздиң Өзи.
5. Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш бир нәрсени ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нәрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып көрсетеди. Сонда ҳәр бир адам Қудайдан өзине ылайық мақтаў алады.
6. Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен өзимди ҳәм Аполосты мысал етип көрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳәм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим.
7. Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ-ғо. Сениң Қудайдан алмаған нәрсең бар ма? Қудайдан ҳәммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны?
8. Сизлер енди керекли ҳәмме нәрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Қәне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патшалар болсаңыз, сонда бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик!
9. Мениң ойымша, Қудай биз елшилерди ең әҳмийетсиз адамлар қылып, ҳәммениң көз алдына шығарды. Бизлер өлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық.
10. Дүньяның пикири бойынша, бизлер Масих ушын ақылсыз, бирақ сизлер Масих пенен қатнаста болып ақыллы болдыңлар! Бизлер ҳәлсизбиз, бирақ сизлер күшлисиз! Сизлер ҳүрметли адамларсыз, бирақ бизлер иззетсиз адамлармыз!
11. Бизлер усы ўақытқа дейин ашлыққа ҳәм шөлге шыдап келемиз, жалаңашпыз, таяқ жеймиз, үй-жайсыз сергизданбыз.
12. Өз қолларымыз бенен аўыр мийнет ислеймиз. Бизлерди нәлетлегенлерге жақсы тилек тилеймиз. Қуўдалансақ, шыдаймыз.
13. Масқаралағанда, мүләйимлилик пенен жуўап беремиз. Усы ўақытқа дейин дүньяның сыпырындысы, пүткил адамзаттың тасландысы болдық.
14. Буларды сизлерди уялтыў ушын емес, ал сүйикли балаларым болған сизлерди ақылландырыў ушын жазып атырман.
15. Өйткени Масихтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз болса да, әкеңиз биреў. Масих Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жәриялаўым арқалы мен сизлердиң әкеңиз болдым.
16. Сол себептен сизлерден өтиниш етемен: меннен өрнек алыңлар.
17. Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳәмме жерде, исениўшилердиң ҳәр бир жәмәәтинде берген тәлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып өткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди.
18. Мени келмейди деп, араңыздағы базыларыңыз менменсип кетипти.
19. Бирақ, Ийемиз қәлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сөзлерин емес, ал оларда Қудайдың күши бар ма я жоқ па, соны сынап көремен.
20. Себеби Қудайдың Патшалығы сөзден емес, ал Қудайдың күшинен ибарат.
21. Сизлер нени қәлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳәм мүләйимлилик пенен бе?
1. Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳәтте, Қудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз әкесиниң ҳаялы, яғный өгей анасы менен жасайтуғын қусайды.
2. Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди?
3. Мениң өзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан өзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди ҳүким етиўге қарар қылдым.
4. Сизлер Ийемиз Ийсаның аты менен жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады.
5. Сонда бул адамның гүнакар тәбияты набыт болып, руўхы Ийемиз Ийса Масих келген күни қутқарылыўы ушын оны жәмәәттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың.
6. Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме?
7. Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Өйткени Қутқарылыў байрамының Қозысы болған Масих бизлер ушын қурбанлыққа берилди.
8. Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳәм жаманлық пенен емес, ал пәклик ҳәм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық.
9. Мен өз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим.
10. Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нәпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нәзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мәжбүр болар едиңлер!
11. Бирақ, өзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нәпсиқаў, бутпараз, жалахор, мәскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳәтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим.
12. Исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жәмәәтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек.
13. Ал исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды Қудайдың Өзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар» .
1. Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, исениўшилер алдында емес, ал судтағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады?
2. елешекте биз исениўшилердиң дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме?
3. Бизлер, ҳәтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислерин ҳүким ете алыўымыз да сөзсиз-ғо.
4. Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жәмәәтинде ҳеш қандай абырайға ийе болмаған судтағы исенбейтуғын адамларды төреши қыласызлар ма?
5. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма?
6. Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады!
7. Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының өзи сизлер ушын қатты уят нәрсе. Оннан гөре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди?
8. Сизлер оның орнына өзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, өзиңиздиң туўысқаныңыз.
9. Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер,
10. урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
11. Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз.
12. Сизлер: «Не ислесем де ериклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ериклимен», бирақ ҳеш бир нәрсе де мени қул қылмаўы керек.
13. «Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Қудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады.
14. Қудай Ийемизди өлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Өз қүдирети менен тирилтеди.
15. Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан!
16. Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо.
17. Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады.
18. Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам өз денесине қарсы гүна ислейди.
19. Денеңиздиң өзлериңиз Қудайдан алған ҳәм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер өзиңизге тийисли емессиз.
20. Өйткени Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, өз денеңиз бенен Қудайды алғыслаңлар.
1. Енди сизлер жазған нәрселерге келсек: дурыс, ер адамның ҳаял менен жақынласпағаны жақсы.
2. Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳәр бир ер адамның өз ҳаялы ҳәм ҳәр бир ҳаялдың өз күйеўи болсын.
3. Ер адам өз ҳаялына деген, ҳаял да өз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын.
4. Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың өзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның өзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди. 5
5. Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек өз ара келискеннен соң, өзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бөлек болыңлар. Өзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин және бирге болыңлар.
6. Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман.
7. Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қәлеймен. Бирақ, ҳәр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды.
8. Үйленбегенлер менен турмысқа шықпағанларға ҳәм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, өзлери ушын жақсы болады.
9. Бирақ, өзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Өйткени жынысый қәлеўлер себепли күйип-жанғаннан гөре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ.
10. Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын.
11. Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я өз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын.
12. Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын.
13. Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын.
14. Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Қудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Қудайдың панасында.
15. Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырассын. Ер ямаса ҳаял туўысқанымыз бундай жағдайда азат болады. Қудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды.
16. Ҳәй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳәй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо.
17. Ҳәр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Қудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жәмәәтлерге буйыраман.
18. Егер ким де ким сүннетли болып шақырылса, буны жасырмасын. Ким де ким сүннетсиз болып шақырылса, сүннет етилмесин.
19. Сүннетли болыў ямаса болмаў әҳмийетли емес. Ал әҳмийетлиси – Қудайдың буйрықларын орынлаў.
20. Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын.
21. Қул болып шақырылдың ба? Қапа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан!
22. Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масихтың қулы болады.
23. Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар.
24. Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Қудай алдында сол жағдайда қалсын.
25. Енди қызларға келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шәпәәтин алған исенимли адам сыпатында мен өз пикиримди айтаман.
26. Мениң ойым бойынша, ҳәзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы.
27. Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда өзиңе ҳаял излеме.
28. Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар өмирде қыйыншылық көреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қәлеймен.
29. Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қәлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын.
30. Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай,
31. дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Өйткени бул дүнья өткинши.
32. Мен сизлердиң ғам-тәшиўишсиз болғаныңызды қәлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды.
33. Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
34. Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳәм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
35. Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нәрсеге алаң болмай, Ийемизге өзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳәм ылайықлы түрде жасаўыңызды қәлеймен.
36. Егер ким де ким өз қызының турмысқа шықпағанын уят деп санаса, қызының жасы да өтип, турмысқа шығатуғын ўақты келген болса, ол адам қәлегенин ислесин. Қызын күйеўге берсе де, гүна ислеген болмайды.
37. Бирақ сол адам қызын күйеўге бермеўге қарар етсе ҳәм усы нийетинде беккем турып, буны мәжбүрий түрде емес, ал өз ерки бойынша ислесе, жақсы қылған болады.
38. Солай етип, қызын күйеўге берген адам жақсы қылған болады, ал күйеўге бермеген адам оннан да жақсырақ қылған болады.
39. Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи өлсе, ҳаял қәлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын.
40. Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳәм менде де Қудайдың Руўхы бар деп ойлайман.
1. Енди бутларға берилген қурбанлықтың гөшине тоқтайық. Дурыс, ҳәммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди.
2. Адам бир нәрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нәрсени билмегени болады.
3. Бирақ, Қудайды сүйген адамды Қудай биледи.
4. Ал, бутларға берилген қурбанлық гөшин жеўге келсек, хабарымыз бар, бут дүньяда негизинде ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес ҳәм жалғыз Қудайдан басқа қудай жоқ.
5. Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, көп «қудайлар» ҳәм «ийелер» бар деп есаплайды.
6. Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Қудай Әкемиз бар. Ол ҳәмме нәрсениң тийкары ҳәм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Және де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масих бар. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз.
7. Деген менен, исениўшилердиң ҳәммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гөшти жегенде, өзлериниң бурынғы бутпаразлық әдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гөши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, өзлерин ипласландық деп ойлайды.
8. Аўқат бизлерди Қудайға жақынластырмайды: бизлер жемесек те, ҳеш нәрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нәрсе арттырмаймыз.
9. Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳәлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын.
10. Егер исеними ҳәлсиз болған адам алдында айтылған билимге ийе болған сениң буттың ибадатханасында аўқат жеп отырғаныңды көрсе, оның да бутларға берилген қурбанлықтың гөшин жеўге қәлеўи туўылмай ма?
11. Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳәлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масих ол ушын да қурбан болған-ғо.
12. Сизлер усы тәризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳәм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масихқа қарсы гүна ислеген боласызлар.
13. Сонлықтан мениң жеп атырған нәрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гөш жемеймен.
1. Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны көрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе?
2. Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Өйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дәлилисизлер.
3. Мени сынға алып атырғанлардан өзимди былай қорғайман:
4. сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишипжеўимизге ҳақымыз бар-ғо.
5. Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳәм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар-ғо.
6. Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳәм Барнаба да күн көриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо.
7. Ким өз есабынан әскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди?
8. Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па?
9. Онда: «Түйек айдаған өгиздиң аўзын буўма» , – деп жазылғанғо. Қудай тек өгизлерди қайғырады ма?
10. Қудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, әлбетте, бул бизлер ушын жазылған-ғо. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да өз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди.
11. Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба?
12. Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да көбирек ҳуқыққа ийемиз-ғо. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масихтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳәмме нәрсеге шыдап атырмыз.
13. Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мәлим, қурбанлық шалынатуғын орын әтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нәрселерден өз үлесин алады.
14. Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жәриялаўшылар усы хызмети арқалы күн көрсин деп буйырған.
15. Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гөре, өлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман!
16. Деген менен, Хош Хабарды жәриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жәрияламасам, мен ҳәсирет шегемен!
17. Егер мен Хош Хабарды өз ықтыярым менен жәриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны өз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам,
18. онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жәриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жәриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады.
19. Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, көп адамларды Масихқа алып келиў ушын, ҳәммениң қулы болдым.
20. Яҳудийлерди Масихқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масихқа алып келиў ушын, өзим Муўсаның Нызамының қол астында болмасам да, мен оларға Муўсаның Нызамының қол астындағы адам сыяқлы болдым.
21. Муўсаның Нызамына жат болған басқа миллетлерди Масихқа алып келиў ушын, мен оларға Муўсаның Нызамына жат адамдай болдым. Бирақ, мен Қудайдың Нызамына жат адам емеспен, өйткени мен Масихтың Нызамының қол астындаман.
22. Исеними күшсизлердиң Масих пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳәммеге ҳәмме нәрсе болдым.
23. Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳәммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман.
24. Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар.
25. Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз.
26. Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман.
27. Ал, басқаларға Хош Хабарды жәриялап, өзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, өзимди тыйып, денемди бағындырып атырман.
1. Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: Қудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳәммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кешип өткизди.
2. Олардың ҳәммеси булт астында ҳәм теңизде суўға шомылдырыў рәсиминен өткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды.
3. Ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей аўқатты жеди.
4. Және де, олардың ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей суўды ишти. Себеби олар өзлери менен бирге болған кәраматлы жартастан суў ишкен еди. Бул жар тас – Масих еди.
5. Деген менен, олардың көбисине Қудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шөлде қалды.
6. Израиллылар сыяқлы жаман нәрселерди қәлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди.
7. Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды, соңынан орынларынан турып, бутпаразлық ойынына түсти» .
8. Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды.
9. Олардың базылары сыяқлы Ийемизди сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып өлтирген еди.
10. Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште өлтирген еди.
11. Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳәм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды.
12. Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын!
13. Сизлердиң басыңызға ҳәмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди.
14. Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар!
15. Мен сизлерге ақыллы адамларға сөйлегендей, сөйлеп атырман. Сөзлеримди өзлериңиз ақылға салып көриңлер.
16. Ийемизди еслеў кешесинде бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масихтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масихтың денесине шериклес болмаймыз ба?
17. Нан бир болғанлықтан, бизлер көп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳәммемиз бир нанды бөлисемиз.
18. Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық шалынатуғын орындағы хызметке шериклес болмай ма?
19. Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир әҳмийети бар ма?
20. Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Қудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қәлемеймен.
21. Сизлер ҳәм Ийемиздиң кесесинен, ҳәм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Және де, ҳәм Ийемиздиң дастурханына, ҳәм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар.
22. Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе?
23. Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де исенимди жетилистирмейди.
24. Ҳәр бир адам өзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гөзлесин.
25. Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳәр қандай гөштиң қандай гөш екенин сорамастан жеңлер.
26. Өйткени: «Жер жүзи ҳәм жер жүзиндеги пүткил барлық Ийемизге тийисли» .
27. Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳәм сен де барыўды қәлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳәр бир нәрсени сорамастан же.
28. Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гөши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳәм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме.
29. Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нәзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек?
30. Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек?
31. Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер.
32. Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Қудайдың жәмәәтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар.
33. Мен де өзимниң пайдамды емес, ал көплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гөзлеп, ҳәр бир исте ҳәр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.
1. Мениң Масихтан өрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен өрнек алыңлар.
2. Мени ҳәр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дәстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман.
3. Бирақ, мен мына нәрсени де билиўиңизди қәлеймен: ҳәр бир ер адамның басы Масих, ҳаялдың басы күйеўи, ал Масихтың басы Қудай.
4. Жәмәәт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ер адам өз басын* бийабырай қылады.
5. Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ҳаял өз басын бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды.
6. Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек.
7. Ер адам басын жаппасын. Өйткени ер адам Қудайға усатып жаратылған ҳәм Оның даңқын көрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын көрсетеди.
8. Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды.
9. Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды.
10. Сонлықтан ҳәм периштелер себепли, ҳаял өзиниң бийлик астында екенин көрсетиў ушын басын жабыўы керек.
11. Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың өмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғәрезли.
12. Өйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳәммесин Қудай жаратқан.
13. Өзлериңиз ақыл жуўыртып көриңлер: ҳаялдың Қудайға басын жаппай дуўа етиўи әдепке жата ма?
14. Мәдениятыңыздың өзи узын шаш ер адам ушын уят екенин,
15. бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялға жаўлық сыпатында берилген.
16. Бул ҳаққында тартысыўды қәлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Қудайдың жәмәәтлеринде де буннан басқа әдет жоқ.
17. Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман: өйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гөре, зыяны көп.
18. Бириншиден, жәмәәтте жыйналғаныңызда араңызда бөлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен.
19. Себеби, әлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳәр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис.
20. Сизлер бөлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мәнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды.
21. Өйткени ҳәр ким өзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мәс болады.
22. Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Қудайдың жәмәәтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман!
23. Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да,
24. шүкирлик билдирди ҳәм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын қурбан болатуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
25. Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Оны ҳәр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
26. Себеби бул наннан ҳәр жегениңизде ҳәм бул кеседен ҳәр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның өлими ҳаққында жәриялаған боласызлар.
27. Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳәм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады.
28. Ҳәр бир адам өзин тексерип көрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин.
29. Өйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, өз-өзин Қудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады.
30. Сол себептен араңыздағы көплериңиз ҳәлсиз ҳәм аўырыўсыз, өлип қалған адамлар да көп болды.
31. Егер бизлер өз-өзимизди тексерип көргенимизде, Қудай тәрепинен ҳүким етилмеген болар едик.
32. Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тәрбиялайды.
33. Солай етип, туўысқанларым, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын жыйналғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер.
34. Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Қудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мәселелерге келсек, олар бойынша өзим барғанымда жол-жорық беремен.
1. Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен.
2. Сизлерге мәлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер.
3. Сонлықтан мына нәрсени билиўиңизди қәлеймен: Қудайдың Руўхының басқарыўында сөйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нәлет жаўсын», – деп айтпайды. Және де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады.
4. Ҳәр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў.
5. Ҳәр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз.
6. Ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳәр бир исинде ҳәрекет етиўши Қудай жалғыз.
7. Пүткил исениўшилер жәмәәтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳәр бир исениўшиге Өз сыйын береди.
8. Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин,
9. сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын,
10. биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Және де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сөйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди.
11. Булардың ҳәммесин иске асырыўшы бир ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди.
12. Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң көп мүшелери бар ҳәм мүшелер көп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жәмәәти де сондай.
13. Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳәммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тәрепинен шомылдырылдық. Қудай бизлердиң ҳәммемизге бир Мухаддес Руўхты берди.
14. Дене бир емес, ал көп мүшелерге ийе.
15. Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
16. Егер қулақ: «Көз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
17. Егер пүткил дене көз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады?
18. Сонлықтан Қудай ҳәр бир мүшени денеге Өз қәлеўи бойынша жайластырып қойыпты.
19. Егер мүшелердиң ҳәммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди?
20. Ал ҳақыйқатында, мүшелер көп болса да, дене биреў.
21. Көз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды.
22. Керисинше, денениң ҳәлсизирек көринген мүшелери анағурлым әҳмийетлирек болады.
23. Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине көбирек ғамхорлық көрсетемиз. Көриксиз мүшелеримизге көбирек сән беремиз.
24. Ал көрикли мүшелеримиз буған мүтәж емес. Солай етип, Қудай әҳмийетсиз болған мүшелеримизге әҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады.
25. Буны Ол денеде бөлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық көрсетсин деп иследи.
26. Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мәртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады.
27. Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳәр бириңиз өз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз.
28. Қудай исениўшилер жәмәәтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кәрамат көрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жәрдем бериўшилерди, жақсы шөлкемлестириўшилерди ҳәм басқа тиллерде сөйлейтуғынларды тайынлады.
29. Ҳәммеси елши ме? Ҳәммеси пайғамбар ма? Ҳәммеси муғаллим бе? Ҳәммеси кәрамат көрсетиўши ме?
30. Ҳәммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳәммеси басқа тиллерде сөйлей ме? Ҳәммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес!
31. Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар. Енди мен сизлерге ең жақсы жолды көрсетемен:
1. Егер мен адамлардың ҳәм периштелердиң тиллеринде сөйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳәм даңғырлаған дәптен парқым болмай қалады.
2. Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳәм ҳәр түрли билимге ийе болсам, ҳәтте, таўларды көширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нәрсе емеспен.
3. Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.
4. Сүйиспеншилик сабырлы ҳәм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды.
5. Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, өз пайдасын гөзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды.
6. Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады.
7. Сүйиспеншилик ҳәмме нәрсени көтереди, ҳәмме ўақытта исенеди, ҳәмме ўақытта үмит етеди, ҳәммесине шыдайды.
8. Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сөйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады.
9. Өйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес.
10. Бирақ, минсиз болған толық нәрсе келгенде, толық емес нәрсе жоқ болады.
11. Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сөйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳәм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тән қәсийетлерди тасладым.
12. Ҳәзир бизлер ҳәммесин гүңгирт айнада көргендей гүмилжи көрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз көремиз. Ҳәзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Қудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан.
13. Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.
1. Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳәм руўхый сыйларды, әсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар.
2. Себеби басқа тилде сөйлеген адам адамларға емес, ал Қудайға сөйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады.
3. Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳәм руўхландырыў ушын сөйлейди.
4. Басқа тилде сөйлеген адам өзин өзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жәмәәтин беккемлейди.
5. Мен сизлердиң ҳәммеңиздиң басқа тиллерде сөйлеўиңизди қәлеймен. Бирақ оннан гөре, пайғамбаршылық айтыўыңызды көбирек қәлеймен. Басқа тиллер исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы басқа тиллерде сөйлеген адамнан артығырақ.
6. Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып басқа тиллерде сөйлесем, бирақ сизлерге я Қудайдың аянын, я билим, я пайғамбаршылық сөзин, я тәлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди?
7. Сырнай ямаса дуўтар сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нәрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса дуўтардың не шерткенин ким түсинеди?
8. Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады?
9. Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады?
10. Дүньяда түрлитүрли тиллер бар ҳәм олардың ҳәр бир сөзи өз мәнисине ийе.
11. Деген менен, егер мен өзиме айтылған сөзди түсинбесем, сөйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сөйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады.
12. Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жәмәәтин беккемлейтуғын сыйларды көбирек алыўға тырысыңлар.
13. Сонлықтан ким де ким басқа тилде сөйлейтуғын болса, ол өзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин.
14. Өйткени мен басқа тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен.
15. Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек.
16. Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди?
17. Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды.
18. Қудайға шүкир, мен ҳәммеңизден гөре, басқа тиллерде көбирек сөйлеймен.
19. Деген менен, исениўшилер жәмәәтинде басқа тилде он мың сөз айтқанымнан гөре, басқаларға тәлим бериўим ушын түсиникли бес сөз айтқаным абзалырақ.
20. Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гөдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар.
21. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ийемиз былай дейди: „Жат тиллерде сөйлегенлер арқалы, Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сөйлеймен. Олар сонда да Мени тыңламайды“» .
22. Солай етип, басқа тиллерде сөйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады.
23. Егер пүткил исениўшилер жәмәәти бир жерге жыйналып, ҳәммеси бирликте басқа тиллерде сөйлесе, бул руўхый сыйды түсинбейтуғын ямаса исениўши емес адамлар ишке кирип: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме?
24. Бирақ, ҳәмме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам ишке кирсе, ҳәмме тәрепинен оның гүнасы әшкара етилип, ол ҳәмме тәрепинен ҳүким қылынады.
25. Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нәрселер ашылып қалады ҳәм ол жерге жығылып: «Қудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Қудайға сыйынады.
26. Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тәлим бересиз, бириңиз Қудай берген аянды билдиресиз, бириңиз басқа тилде сөйлейсиз ҳәм және бириңиз басқа тилди түсиндиресиз. Булардың ҳәммеси исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын исленсин.
27. Басқа тилде сөйлегениңизде, еки ямаса ең көп дегенде үш адам сөйлесин, бирақ олар гезек пенен сөйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин.
28. Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, басқа тилде сөйлейтуғын адам жәмәәтте үндемесин, ал өзи жалғыз қалғанда өзи ушын Қудайға сөйлесин.
29. Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сөйлесин, ал басқалар олардың айтқан сөзлерин тексерип көрсин.
30. Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Қудайдан аян берилсе, сөйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын.
31. Жәмәәттеги ҳәр бир адамды үйретип, ҳәр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳәммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады.
32. Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тәрепинен басқарылады.
33. Себеби Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы. Барлық исениўшилердиң жәмәәтлеринде болғаны сыяқлы,
34. сизлердиң жәмәәтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сөйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек.
35. Егер олар бир нәрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Өйткени ҳаялдың жәмәәт жыйналысында сөйлегени айып болады.
36. Қудайдың сөзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма?
37. Егер ким де ким өзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сөзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин.
38. Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның өзи де қабыл алынбайды.
39. Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Басқа тиллерде сөйлеўге тосқынлық жасамаңлар.
40. Бирақ, ҳәммеси де әдеп ҳәм тәртип пенен исленсин.
1. Туўысқанларым, мен сизлерге жәриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қәлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳәм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар.
2. Егер сизлер мен өзлериңизге жәриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар.
3. Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди.
4. Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди.
5. Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди.
6. Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды.
7. Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге көринди.
8. Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди.
9. Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен.
10. Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти.
11. Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нәрсе ҳаққында жәриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз.
12. Масих өлимнен қайта тирилди, деп жәриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар өлимнен тирилиў жоқ дейди?
13. Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
14. Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жәриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады.
15. Ҳәтте, бизлер Қудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Өйткени бизлер Қудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер өлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Қудай да Масихты тирилтпеген болады.
16. Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
17. Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳәм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар.
18. Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан өткен адамлар да набыт болған болады.
19. Егер бизлер тек бул дүньядағы өмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳәмме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз.
20. Бирақ, Масих ҳақыйқаттан да өлимнен қайта тирилди! Ол өлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы өлилердиң тирилетуғынын дәлилледи.
21. Бир адам арқалы өлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы өлимнен тирилиў келди.
22. Яғный, Адамата менен қатнасы болған пүткил адамзат өлетуғыны сыяқлы, Масих пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, өмирге ериседи.
23. Бирақ, ҳәр бири өз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи.
24. Буннан кейин, Масих ҳәр бир ҳәкимшиликти, ҳәр бир бийликти ҳәм қүдиретти сапластырып, патшалықты Әкемиз Қудайға тапсырғанда, ақырзаман болады.
25. Себеби Қудай барлық душпанларын Масихтың аяғының астына бастырмағанша, Масих патшалық етиўи тийис.
26. Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – өлим болады.
27. Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Қудай барлығын Оның аяқларының астына бастырып, Оған бойсындырды», – делинген. Бирақ, бул «барлығын» деген сөздиң ишинде барлығын Масихқа бойсындырған Қудай нәзерде тутылмағаны анық.
28. Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Өзине бойсындырған Қудайға бойсынады. Усылай етип, Қудай ҳәмме нәрсе үстинен толық бийлик жүргизеди.
29. Егер қайта тирилиў жоқ болса, өлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Өлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен өлилер ушын суўға шомылдырылады?
30. Және де, бизлер не ушын ҳәр саат сайын өзимизди қәўип астына қоямыз?
31. Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масих Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳәр күни өлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман.
32. Егер адамлардың ойы бойынша өлилер тирилмейтуғын болса, Ефестеги жабайы ҳайўанлар сыяқлы болған адамлар менен гүресип, өлим қәўпи астында қалғанымның маған қандай пайдасы бар? Егер өлилер тирилмейтуғын болса: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең өлемиз-ғо!»
33. Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы әдетлерден айырады.
34. Есиңизди жыйып, өзиңизге келиңлер ҳәм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Қудайды билмейди. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман.
35. Бирақ, биреў: «Өлилер қалай тириледи? Қандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин.
36. Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың өлмесе, көгерип шықпайды-ғо.
37. Сен еккениңде, көгерип турған өсимликти емес, ал тек туқымды, бийдай ямаса басқа бир өсимликтиң туқымын егесең.
38. Қудай туқымға Өз қәлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳәр бирине өз алдына бир дене береди.
39. Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳәм балықлардың денеси басқа болады.
40. Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа.
41. Қуяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады.
42. Өлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене көмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи.
43. Дене хорлық пенен көмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳәлсиз болып көмиледи, күшли болып тириледи.
44. Тәбийғый дене көмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тәбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар.
45. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды» . Ал соңғы Адам – Ийса Масих өмир бериўши руўх болды.
46. Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тәбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди.
47. Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам аспаннан келди.
48. Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масих қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады.
49. Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масихқа да солай уқсайтуғын боламыз.
50. Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тәбийғый денемиз Қудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мәңгилик өмирге ерисе алмайды.
51. Eнди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳәммемиз шетимизден өлмеймиз, бирақ ҳәммемиз өзгеремиз.
52. Бирден көзди ашыпжумғанша, соңғы кәрнай шалынғанда, өзгерип кетемиз. Аўа, кәрнай шалынғанда, өлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де өзгерип кетемиз.
53. Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын дене болып өзгериўи тийис.
54. Ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын болып өзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сөзлер иске асады: «Өлим жоқ етилди, ол жеңилди!»
55. «Ҳәй өлим, жеңисиң қәне? Ҳәй өлим, уўлы ийнең қәне?»
56. Өлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна өз күшин Мухаддес Нызамнан алады.
57. Бирақ, Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди.
58. Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болыңлар. Өйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.
1. Енди исениўшилерге берилетуғын ақшалай жәрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге тапсырғанымдай ислеңлер.
2. Ҳәр екшемби күни ҳәр бириңиз өз жағдайына қарап, ақшаны бөлек жыйнап қойсын. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зәрүрлиги болмайды.
3. Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы көрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен.
4. Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди.
5. Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен.
6. Қасыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳәтте, сизлер менен қысты да бирге өткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жәрдем етерсиз.
7. Мен бул сапары сизлерди жол-жөнекей көрип кетиўди қәлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қалыўдан үмит етемен.
8. Бирақ, мен Ефесте Елиўинши күни байрамына дейин қалажақпан.
9. Өйткени бул жерде өнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да көп.
10. Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қәўипсиз жүриўи ушын көз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди.
11. Сонлықтан оны ҳеш ким пәс көрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Өйткени мен туўысқанларымыз бенен бирге оның келиўин күтип отырман.
12. Туўысқанымыз Аполосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан көп өтинген едим. Бирақ, ол ҳәзир сизлерге барыўды ҳеш қәлемей атыр. Қолайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады.
13. Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мәрт ҳәм жигерли болыңлар.
14. Ҳәр бир нәрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер.
15. Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳәм өзлерин исениўшилердиң хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден өтиниш, туўысқанларым:
16. сизлер де усындай адамларға ҳәм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳәммесине бойсыныңлар.
17. Мен Степанның, Фортунатустың ҳәм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды.
18. Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да көтерди. Бундай адамлардың қәдирин билиңлер.
19. Азия үлкесиндеги жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр. Акила менен Прискила ҳәм олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге көп-көп сәлем айтып атыр.
20. Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сәлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер.
21. Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман.
22. Ийемизди сүймейтуғын адамға нәлет болсын! О Ийемиз, келегөр!
23. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
24. Мен сизлердиң ҳәммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.