Мухаддес Китап

Ефеслилер

1. Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масих Ийсаға садық болған Ефес қаласындағы исениўшилерге сәлем!
2. Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3. Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳәр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады.
4. Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳәм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип,
5. Ийса Масих арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның әжайып қәлеўи бойынша болды.
6. Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Өзине алғыс айтыўымыз ушын, Қудай усылай иследи.
7. Масих пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Қудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди.
8. Қудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып,
9. Өз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масих арқалы жобаластырған әжайып мақсети бойынша болды.
10. Белгиленген ўақыт болғанда әмелге асатуғын Қудайдың жобасы – жердегилердиң ҳәм аспандағылардың ҳәммесин Масихтың басшылығында бирлестириўден ибарат.
11. Ҳәмме нәрсени Өз қәлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық.
12. Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.
13. Ҳақыйқат сөзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де ўәде етилген Мухаддес Руўх пенен мөрленип, Қудайға тийисли болдыңлар.
14. Қудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Қудайдың бизлерге ўәде еткен мийрасының гиреўи. Булардың ҳәммеси бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.
15. Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери,
16. мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Және де, дуўа еткенимде, сизлерди бәрқулла тилге аламан.
17. Ийемиз Ийса Масихтың Қудайы, даңқ-салтанатқа ийе Әке Өзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳәм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Қудайдан сорап атырман.
18. Қудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳәм Оның исениўшилерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң көзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман.
19. Және де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳәрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман.
20. Қудай усы күш пенен Масихта ҳәрекет етип, Оны өлимнен қайта тирилтти ҳәм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды.
21. Қудай Масихты барлық ҳәкимшилик ҳәм бийликтен, пүткил қүдирет ҳәм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дәўирде де аталатуғын ҳәмме атлардан жоқары қойды.
22. Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды.
23. Исениўшилер жәмәәти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе.
1. Сизлер бир ўақытлары айып ҳәм гүналарыңыз себепли өли едиңлер.
2. Сонда сизлер бул дүньяның әдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким – шайтанға, яғный ҳәзир Қудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳәрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер.
3. Бир ўақытлары бизлердиң ҳәммемиз де усындай адамлардың арасында өз гүнакар тәбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳәм ой-нийетимиздиң жаман қәлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тәбиятымыз бойынша Қудайдың ғәзебине ылайықлы адамлар едик.
4. Бирақ, мийрим-шәпәәтке бай болған Қудай бизлерди соншелли сүйгенликтен,
5. гүналарымыз себепли өли болсақ та, бизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз.
6. Бизлер Масих Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Қудай бизлерди Масих пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге Аспан Патшалығында отырғызды.
7. Қудай Масих Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Өз мийриминиң шексиз байлығын келешек дәўирлерде көрсетиў ушын усылай иследи.
8. Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан,
9. ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды.
10. Себеби бизлер Қудайдың дөретпесимиз. Өзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты.
11. Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тәрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңиз.
12. Ол ўақытлары сизлер Масих пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳәм Қудайдың оларға берген ўәдесиниң Келисиминен бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳәм қудайсыз болып жасадыңлар.
13. Бирақ бурын Қудайдан узақ болған сизлер енди Масих Ийса менен қатнас жасап, Масихтың қаны арқалы Қудайға жақын болдыңлар.
14. Өйткени Масихтың Өзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Өз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды.
15. Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Өзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳәм қағыйдалардан ибарат болған яҳудийлердиң нызамын бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып,
16. душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық қылып, Қудай менен жарастырыў ушын иследи.
17. Масих келип, Қудайдан узақ болған сизлерге ҳәм Қудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жәриялады.
18. Ол арқалы бизлер ҳәммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Әкемиз Қудайдың алдына бара аламыз.
19. Солай етип, енди сизлер жат ҳәм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Қудайдың шаңарағының ағзаларысыз.
20. Сизлер елшилер ҳәм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масих Ийсаның Өзи болады.
21. Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын өсип барады.
22. Масих пенен қатнаста болған сизлер де Қудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мәкан болыўыңыз ушын, ҳәммеңиз бирликте қуралып барасызлар.
1. Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масих Ийсаның тутқыны болдым.
2. Сизлер ушын Қудайдың Өз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, әлбетте, еситкенсизлер.
3. Жоқарыда қысқаша жазып өткенимдей, Қудай маған Өз сырын аян арқалы билдирди.
4. Бул хатты оқығаныңызда, Масихтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин.
5. Адамзаттың әўелги әўладларынан қупыя тутылып, енди Қудайдың мухаддес елшилерине ҳәм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат:
6. басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳәм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масих Ийса себепли берилген ўәдеге де шерик.
7. Қудайдың ҳәрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жәриялаў ушын хызметке тайынландым.
8. Мен барлық исениўшилер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масихтың шексиз байлығы ҳаққында жәриялаў ушын, Қудай маған усы мийримин берди.
9. Және де, ҳәмме нәрсени жаратқан Қудай Өзинде әўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳәммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди.
10. Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў+.Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў.
11. Қудай усы мәңгилик мақсетин Ийемиз Масих Ийса арқалы әмелге асырды.
12. Бизлер Масих пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Қудайға батырлық ҳәм толық исеним менен жақынласа аламыз.
13. Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды өтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди.
14. Сол себептен мен аспандағы Әкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен.
15. Ол аспандағы ҳәм жер жүзиндеги ҳәр қандай миллетке ат берген.
16. Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш- қуўат берсин.
17. Исенимиңиз арқалы Масих жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳәм тийкарланып,
18. барлық исениўшилер менен бирге Масихтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳәм терең екенлигин түсинип алғайсыз.
19. Және де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз.
20. Бизлерде ҳәрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳәм ойлаған ҳәр бир нәрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе.
21. Оның Масих Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жәмәәтинде, әўладтан-әўладқа, мәңгиге даңқы арта берсин! Аўмийин.
1. Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Қудайдың өзлериңизди шақырған өмирине ылайықлы түрде жасаңлар.
2. Толық кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар.
3. Өзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар.
4. Қудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳәммемиз бир денемиз ҳәм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз.
5. Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рәсимимиз бир.
6. Қудай да бир. Ол ҳәммениң үстинен ҳүкимдар, ҳәмме арқалы ҳәрекет етиўши, ҳәммемизде бар болған, ҳәммемиздиң Әкемиз.
7. Бирақ Қудай ҳәр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Өз мийримин сыйға берди.
8. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол жоқарыға шығып, Тутқынларды тутқын етти. Адамларға сыйлар берди» .
9. Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сөзлер нени аңлатады? Масих бурын төменге, жерге түсти дегенди аңлатады.
10. Түскен Адам да, ҳәр бир нәрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – биреў.
11. Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жәриялаўшы, ал биреўлерди жәмәәт шопаны ҳәм устаз қылып қойды.
12. Ол буны исениўшилерди таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳәм Өзиниң денеси болған жәмәәтти беккемлеў ушын иследи.
13. Нәтийжеде бизлердиң ҳәммемиз Қудайдың Улына исениўде ҳәм Оны билиўде бирликке ерисип, Масихтың толық минсизлигине дейин өсип барамыз.
14. Солай екен, ендигиден былай, гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳәм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳәр түрли тәлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық.
15. Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳәр тәреплеме өсип барайық.
16. Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери өз ара биригип, ҳәр бир мүше өз миннетин атқарыўы арқалы бирбирине жәрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен өсип, өзин беккемлеп барады.
17. Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар.
18. Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳәм жүреклериндеги қаталлық себепли, Қудайдан берилген өмирге жат болған.
19. Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳәр түрли ҳарамылықты нәпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген.
20. Бирақ сизлер Масихты бундай қылып танымағансыз.
21. Әлбетте, сизлер Ийса Масих ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер.
22. Сол себептен бурынғы өмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қәлеўлери себепли шириген ески тәбиятыңыздан ўаз кешиңлер.
23. Ойпикирлериңизди ҳәм руўхыңызды жаңалап,
24. шын ҳақлық ҳәм мухаддеслик пенен, Қудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар.
25. Сонлықтан өтириктен ўаз кешип, ҳәр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳәммемиз бир денениң мүшелеримиз.
26. Ғәзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Қуяш батқанша, ғәзептен қайтыңлар.
27. Шайтанға жол бермеңлер.
28. Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтәж адамларға үлестиретуғын бир нәрсеси болыўы ушын, ол өз қоллары менен ҳадал мийнет етсин.
29. Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сөз шықпасын. Ал орны менен сөйлеп, еситкенлердиң руўхын көтеретуғын пайдалы сөзлерди айтың.
30. Қудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Қутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мөрленгенсизлер.
31. Жек көриўшилик пенен бирликте ҳәр бир жаман нийет, ашыў, ғәзеп, бақырыс ҳәм өсек сизлерден узақ болсын.
32. Ал бир-бириңизге мийирман ҳәм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
1. Солай етип, Қудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер!
2. Масих бизлерди сүйип, бизлер ушын Қудайға унайтуғын садақа ҳәм қурбанлық болып, Өзин Қудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар.
3. Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳәм нәпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул исениўшилерге минәсип емес.
4. Араңызда уят ҳәм пәтиўасыз гәплер, турпайы ҳәзил де болмасын. Бул сизлерге минәсип емес. Буның орнына, Қудайға шүкирлик билдириңлер.
5. Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нәпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳәм Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
6. Ҳеш ким сизлерди өтирик сөзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Өзине бойсынбайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди.
7. Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар.
8. Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар.
9. Өйткени нурдағы өмирдиң жемиси – ҳәр түрли жақсылық, ҳақлық ҳәм ҳақыйқатлықтан ибарат.
10. Қудайға нениң унайтуғынын айырып билиңлер.
11. Қараңғылықтағы өмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды әшкара етиңлер.
12. Қараңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың өзи қатты уят.
13. Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳәмме нәрсе анық көринеди.
14. Себеби Қудайдың нурында көринген ҳәр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳәй уйқыда жатқан, Өлилер ишинен тирил! Масих саған нур шашар».
15. Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар.
16. Жақсылық ислеўге ҳәр бир мүмкиншиликтен пайдаланыңлар. Өйткени ҳәзирги күнлер жаўызлыққа толы.
17. Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеўиниң не екенин түсиниңлер.
18. Арақшарап ишип, мәс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар.
19. Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықлардағы сөзлерди бирбириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен жүрегиңизде алғыслаңлар.
20. Бәрқулла ҳәмме нәрсе ушын, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен Әкемиз Қудайға шүкирлик билдириңлер.
21. Масихқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар.
22. Ҳәй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар!
23. Себеби Масих исениўшилер жәмәәтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масих Өз денесиниң, яғный исениўшилер жәмәәтиниң Қутқарыўшысы.
24. Исениўшилер жәмәәти Масихқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳәмме исте күйеўлерине бойсынсын.
25. Ҳәй күйеўлер, Масих исениўшилер жәмәәтин сүйип, оның ушын Өзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер.
26. Масих исениўшилер жәмәәтин суў менен жуўып ҳәм Қудайдың сөзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Өзин қурбан етти.
27. Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нәрсеси жоқ, мухаддес ҳәм минсиз болған салтанатлы жәмәәтти Өзине алыў ушын иследи.
28. Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын өз денесин сүйгендей сүйиўи шәрт. Өз ҳаялын сүйген өзин сүйген болады.
29. Ҳеш ким ҳеш қашан өз денесин жек көрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жәмәәтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам өз денесин азықландырып, оны күтеди.
30. Өйткени бизлер Масихтың денесиниң мүшелеримиз.
31. «Сонлықтан ер адам атаанасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады» .
32. Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳәм исениўшилер жәмәәтине байланыслы айтып атырман.
33. Солай етип, ҳәр бириңиз өз ҳаялын өзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.
1. Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады.
2. «Атаанаңды ҳүрметле», – бул ўәде менен бирге берилген баслы буйрық.
3. Сол ўәде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады» .
4. Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер.
5. Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сөзин Масихтың сөзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳәм пәк жүрек пенен тыңлаңлар.
6. Буны адамларға жақсы көрингиси келетуғынлар сыяқлы, көзабаға ислемеңлер. Қудайдың қәлеўин Масихтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар.
7. Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер.
8. Өйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳәр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер.
9. Ҳәй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби аспанда олар менен сизлердиң Ийеңиз бар екенин ҳәм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер.
10. Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар.
11. Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўытқуралларын тағыныңлар.
12. Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы.
13. Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар.
14. Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер.
15. Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер.
16. Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар.
17. Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар.
18. Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар.
19. Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳәр ашқанымда маған керекли сөз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын.
20. Және де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳәзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы мәртлик пенен жәриялаўым ушын да дуўа етиңлер.
21. Аўҳалымның қалай екенин ҳәм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳәм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳәммесин билдиреди.
22. Мине, усы мақсетте оны сизлерге жиберип атырман. Ол бизлердиң аўҳалымызды билдирип, кеўиллериңизди жигерлендиреди.
23. Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих туўысқанларға тынышлық ҳәм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин.
24. Ийемиз Ийса Масихты өшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳәммесине Қудайдың мийрими яр болсын!



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.