Мухаддес Китап

Колосалылар

1. Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден,
2. Колоса қаласындағы исениўшилерге, яғный Масихқа садық болған туўысқанларымызға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3. Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға бәрқулла шүкирлик билдиремиз.
4. Себеби сизлердиң Масих Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик.
5. Сизлердиң бул исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ҳақыйқат сөзлери, яғный Хош Хабар арқалы еситкенсизлер.
6. Бул Хош Хабар сизлерге де жетип келди. Ол пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Қудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта.
7. Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Епафрастан тәлим алдыңлар. Усы Епафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масихтың садық хызметшиси.
8. Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди.
9. Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз.
10. Бизлер және сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз.
11. Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳәмме нәрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳәм Қудай Әкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз.
12. Қудай Әкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды.
13. Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди.
14. Бизлер Қудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық.
15. Қудайдың Улы болған Масих көзге көринбейтуғын Қудайдың қандай екенин көрсетеди ҳәм Ол жаратылған ҳәмме нәрседен бурын бар болған.
16. Өйткени аспандағы ҳәм жердеги көзге көринетуғын ҳәм көзге көринбейтуғын нәрселердиң ҳәммеси Масих тәрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳәкимшилик ҳәм бийликлер, ҳәмме нәрсе Ол арқалы ҳәм Ол ушын жаратылды.
17. Масих ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты.
18. Масих – исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм жәмәәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди.
19. Себеби Қудай Өзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул көрди.
20. Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Қудай Ол арқалы жер ҳәм аспандағылардың барлығын Өзи менен жарастырыўды қәледи.
21. Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳәрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Қудайға жат ҳәм душпан едиңлер.
22. Енди болса, Қудай сизлерди Өзиниң алдында мухаддес, кемшиликсиз ҳәм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масихтың денесиниң өлими арқалы сизлерди Өзи менен жарастырды.
23. Тек ғана исенимде бәрқулла турақлы ҳәм беккем болып, өзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жәрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым.
24. Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масихтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман.
25. Қудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сөзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болдым.
26. Қудайдың Хош Хабары өткен әсирлер менен әўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды.
27. Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳәм бай екенин Қудай Өз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масих.
28. Бизлер усы Масих ҳаққында ҳәммеге жәриялап атырмыз. Масих пенен қатнаста болған ҳәр бир адамды Қудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳәр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тәлим бермектемиз.
29. Масихтың қүдирети менен менде ҳәрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.
1. Мен сизлер ушын, сондай-ақ, Лаодикиядағылар ҳәм мени жүзбе-жүз көрмегенлердиң ҳәммеси ушын қаншелли ғайрат салып атырғанымды билиўиңизди қәлеймен.
2. Мениң усы ғайрат салыўымның мақсети – сизлердиң кеўиллериңиз жубаныш таўып, сүйиспеншилик пенен бирлесиўиңизден ибарат. Солай етип, сизлер минсиз түсиниктен пайда болатуғын кәмил исеним менен, Қудайдың сыры болған Масихты билип аласызлар.
3. Масихта ақылданалықтың пүткил ғәзийнеси жасырылған.
4. Буны мен ҳеш кимниң сизлерди майлы тил менен алдап кетпеўи ушын айтып атырман.
5. Себеби мениң өзим араңызда жоқ болсам да, руўхым сизлер менен бирге болып, араңыздағы тәртипти ҳәм Масихқа деген исенимиңиздиң беккемлигин көрип, қуўанып атырман.
6. Сонлықтан Масих Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар.
7. Онда тамыр жайып ҳәм тикленип, өзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳәм Қудайға сансыз шүкирлик билдириңлер.
8. Сақ болыңлар! Масихқа емес, ал адамлардың үрп-әдетлерине ҳәм бул дүньядағы мәниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳәм өтирик сөзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин.
9. Өйткени қудайлық тәбияттың пүткил толылығы Масихтың денесинде жасайды.
10. Сизлер де ҳәр қандай ҳәкимшилик ҳәм бийликтиң басы Масих пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз.
11. Сизлер Масих пенен қатнаста болып, сүннет етилдиңиз. Бул сүннет адамның қолы менен қылынатуғын сүннет емес, ал Масих тәрепинен исленген сүннет болып, усы арқалы гүнакар тәбиятыңыз кесип тасланады.
12. Суўға шомылдырылғаныңызда Масих пенен бирге көмилдиңлер ҳәм Оны өлимнен тирилткен Қудайдың күшине исенип, сол ўақытта Оның менен бирге тирилдиңлер.
13. Сизлер гүналарыңыз ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың сүннетсизлиги себепли өли едиңлер, бирақ Қудай сизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди.
14. Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжетти Қудай өширди ҳәм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды.
15. Ол руўхый ҳәкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масихтың атанақ ағаштағы өлими арқалы жеңип, көпшиликтиң көз алдында масқара етти.
16. Солай етип, жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса дем алыс күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин.
17. Булар тек келиўи тийис нәрсениң көлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масихта.
18. Жалған кишипейилликтен ҳәм периштелерге сыйыныўдан ләззет алатуғын ҳеш ким сизлерди сыйыңыздан айырмасын. Олар тек өзлери көрген аянларға ғана берилип, өз гүнакар тәбиятының ақылы менен себепсиз көкирек көтереди.
19. Бундайлар исениўшилер жәмәәтиниң басы болған Масих пенен байланысты үзген. Әне усы бастан пүткил дене буўын ҳәм сиңирдиң жәрдеми менен күш алып ҳәм бирлесип, Қудайдың қәлеген жолы менен өсип барады.
20. Егер сизлер Масих пенен бирге бул дүньяның мәниссиз қағыйдалары ушын өлген болсаңлар, онда неге бул дүньяға тийисли адамлар сыяқлы:
21. «Услама», «Жеме» ҳәм «Қол тийгизбе» деген қағыйдаларға қулақ асасыз?
22. Бундай қағыйдалардың ҳәммеси қолланыў арқалы жоқ болатуғын нәрселерге байланыслы болып, адамлардың буйрық ҳәм тәлийматларына тийкарланған.
23. Аўа, бул қағыйдалар жалған диндарлық, жалған кишипейиллик ҳәм денени қыйнаў бойынша ақыллыдай болып көринеди. Бирақ гүнакар тәбияттың қәлеўлерин жүўенлеўде олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ.
1. Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нәрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Қудайдың оң жағында отырыпты.
2. Жердеги емес, ал аспандағы нәрселерди ойлаңлар.
3. Себеби сизлер дүнья ушын өлгенсизлер ҳәм жаңа өмириңиз Масих пенен бирге Қудайда жасырылған.
4. Өмириңиз болған Масих келгенде, сизлер де Оның менен бирликте салтанат пенен көринесиз.
5. Сонлықтан өзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман әдетлерди: бузықшылық, ҳарамылық, нәпсиқумарлық, жаман қәлеўлер ҳәм нәпсиқаўлық болған бутқа табыныўшылықты жоқ қылыңлар.
6. Булар себепли, сөзге қулақ аспайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди.
7. Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳәрекетлерди иследиңлер.
8. Бирақ енди ҳәммесин: ашыў, ғәзеп ҳәм жек көриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай өсек ҳәм сөгис сөз шықпасын.
9. Бирбириңизге өтирик сөйлемеңлер. Өйткени сизлер ески тәбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап,
10. жаңа тәбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тәбиятқа ийе адам Қудайды толық билиў ушын, өз Жаратыўшысына уқсап барады.
11. Солай етип, жаңа тәбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳәм яҳудий, сүннетли ҳәм сүннетсиз, варвар ҳәм скиф, қул ҳәм азат адам болып бөлиниў жоқ. Ал ең әҳмийетлиси, ҳәмме исениўшилерде жасайтуғын тек Масих ғана бар.
12. Қудайдың таңлап алған мухаддес ҳәм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар.
13. Бир-бириңизге шыдамлы ҳәм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден өкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
14. Булардың ҳәммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди.
15. Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Және де, шүкирлик билдириңлер.
16. Масихтың сөзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тәлим берип, ақыл-нәсият етиңлер. Қудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар.
17. Сөзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳәр бир нәрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Әкемиз Қудайға шүкирлик етип ислеңлер.
18. Ҳәй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минәсип.
19. Ҳәй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар.
20. Ҳәй балалар, ҳәмме нәрседе ата-аналарыңыздың сөзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды.
21. Ҳәй әкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер.
22. Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳәмме нәрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын көзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер.
23. Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес,
24. ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Өйткени сизлер Ийемиз Масихқа хызмет етип атырсызлар.
25. Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Қудай ҳеш кимди айырмайды.
1. Ҳәй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға әдиллик ҳәм теңлик пенен қатнас жасаңлар.
2. Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар.
3. Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масихтың сыры ҳаққында Өз сөзин жәриялай алыўымыз ушын, Қудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман.
4. Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер.
5. Ўақыттан жақсы пайдаланып, жәмәәттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар.
6. Сөзиңиз ҳәмме ўақытта жағымлы ҳәм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳәр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар.
7. Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳәмме хабарды сизлерге билдиреди.
8. Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди.
9. Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳәм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди.
10. Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳәм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер.
11. Юстус деп аталатуғын Ешу да сизлерге сәлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Қудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды.
12. Масих Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Епафрас сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлерди Қудайдың ҳәр бир еркине толық исенсин ҳәм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр.
13. Сизлер ушын ҳәм Лаодикия менен Ераполда болғанлар ушын, оның көп мийнет еткенине мен гүўаман.
14. Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сәлем айтып атыр.
15. Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳәм оның үйиндеги жәмәәтке сәлем айтыңлар.
16. Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жәмәәтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар.
17. Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!»
18. Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын!



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.