Мухаддес Китап

Ешуа

1. Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаның өлиминен соң, оның жәрдемшиси Нун улы Ешуаға былай деди:
2. – Мениң қулым Муўса өлди. Қәнекей, енди сен пүткил халық пенен бирге Иордан дәрьясын кесип өтип, Мен сизлерге, яғный Израил халқына беретуғын елге кириңлер.
3. Муўсаға айтқанымдай, аяғыңыз тийген барлық жерлерди сизлерге беремен.
4. Сизлердиң жер шегараңыз қубладағы шөлден арқадағы Лебанонға дейин, шығыстағы уллы Евфрат дәрьясынан пүткил хеттлердиң ели арқалы батыстағы Жер Орта теңизине дейин созылған болады.
5. Өмириң бойы ҳеш ким саған қарсы тура алмайды. Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, Мен сениң менен де бирге боламан. Сени ҳеш қашан қалдырмайман ҳәм таслап кетпеймен.
6. Күшли ҳәм мәрт бол. Себеби Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди бул халық ийелеўи ушын, сол жерди оларға сен алып бересең.
7. Тек күшли ҳәм жүдә мәрт болып, қулым Муўсаның саған буйырған пүткил Нызамын муқыятлы түрде орынла. Қай жерге барсаң да, табысқа ийе болыўың ушын, бул Нызамнан узақлама ҳәм оннан я оңға, я солға аўып кетпе.
8. Нызам китабында жазылған сөзлерди аўзыңнан түсирме. Онда жазылғанлардың барлығын толық орынлаў ушын, ол ҳаққында күни-түни ой жуўыртып жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең.
9. Саған күшли ҳәм мәрт бол демеген бе едим? Қорқпа ҳәм руўхыңды түсирме. Өйткени Қудайың Жаратқан Ийе сен баратуғын ҳәр бир жерде сениң менен бирге болады.
10. Солай етип, Ешуа халық қадағалаўшыларына былай деп буйырды:
11. – Орданы аралап шығып, халыққа мына буйрықты бериңлер: «Өзлериңизге азық-аўқат таярлаңлар. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын жерине кирип, оны меншик етип ийелеў ушын, үш күннен соң, Иордан дәрьясын кесип өтесизлер».
12. Ал Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына былай деди:
13. – Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул жерди сизлерге берип, сизлерди тынышлыққа еристиреди», – деген сөзлерин еске түсириңлер.
14. Сизлердиң ҳаялларыңыз, балаларыңыз ҳәм малларыңыз усы жерде, яғный Иордан дәрьясының шығысында, Муўсаның сизлерге берген жеринде қалсын. Бирақ сизлер, яғный пүткил жаўынгерлер қуралланып, туўысқанларыңыздан алдын дәрьяны кесип өтиңлер ҳәм оларға жәрдем бериңлер.
15. Жаратқан Ийе сизлерди тынышлыққа еристиргени сыяқлы, оларды да тынышлыққа еристиреди. Олар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң беретуғын жерин мүлик етип алғаннан соң, сизлер де мүлик етип алған жерлериңизге, Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының шығысындағы сизлерге берген жерине қайтып, усы жерге орналасыңлар.
16. Олар Ешуаға былай деп жуўап берди: – Бизлерге буйырғанларыңның ҳәммесин орынлаймыз. Қай жерге жиберсең де, барамыз.
17. Ҳәр бир нәрседе Муўсаның сөзине бойсынғанымыз сыяқлы, сениң сөзиңе де бойсынамыз. Муўса менен бирге болған Қудайың Жаратқан Ийе сениң менен де бирге болсын.
18. Сөзиңе қарсы шыққан ҳәм қандай да бир буйрығыңа бойсынбаған адамға өлим жазасы бериледи. Тек сен күшли ҳәм мәрт бол.
1. Нун улы Ешуа Шиттимнен жасырын түрде еки жансызды жиберип атырып, оларға: «Барып, Кенаан жерин, әсиресе Ерихоны көзден өткизиңлер», – деди. Солай етип, жансызлар жолға шығып, Рахаб деген бузық ҳаялдың үйине келди ҳәм сол жерде қонып қалды.
2. Сонда Ерихо патшасына: «Елимизди көзден өткизиў ушын, усы түни Израил халқынан адамлар келди», – деген хабар жетти.
3. Сонлықтан Ерихо патшасы Рахабқа: «Сениң үйиңе келген сол адамларды шығарып бер. Себеби олар елимизди көзден өткизиў ушын келген», – деген хабар жоллады.
4. Ал еки адамды жасырып қойған Рахаб: «Сол адамлардың маған келгени рас. Бирақ мен олардың қай жерли екенин билмеген едим.
5. Геўгим түспестен бурын, қала дәрўазасы жабылайын деп атырғанда, олар шығып кетти. Олардың қай жаққа кеткенин билмеймен. Излеринен дәрҳал кетсеңиз, жетип аласызлар», – деди.
6. Негизинде ҳаял сол адамларды тамның төбесине шығарып, ол жерге жайып қойылған зығыр баўларының астына жасырған еди.
7. Ал патшаның адамлары болса, жансызларды Иордан дәрьясын кесип өтетуғын жерге қарай қуўып кетти. Олар қаладан шығыўдан-ақ, қала дәрўазасы жабылды.
8. Тамның төбесиндеги адамлар жатпай турып, ҳаял олардың жанына барды да,
9. оларға былай деди: – Жаратқан Ийениң бул елди сизлерге бергенин билемен. Бизлерди сизлер себепли қорқыныш бийледи. Елде жасайтуғын ҳәр бир адамның руўхы түсип жүр.
10. Өйткени сизлер Мысырдан шыққаныңызда, Жаратқан Ийениң Қамыс теңизин алдыңызда қалай қурғатып таслағанын, Иордан дәрьясының арғы жағындағы аморлардың еки патшасы Сихон менен Огқа сизлер нелер ислегениңизди, оларды қалайынша пүткиллей қырып таслағаныңызды еситкен едик.
11. Буларды еситкенимизде, руўхымыз түсип кетти. Сизлерден қорққанымыздан, ҳеш кимде ҳал-дәрман қалмады. Себеби сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе – жоқарыдағы аспанда да, төмендеги жер жүзинде де Қудай.
12. Сизлерге жақсылық еткеним сыяқлы, сизлер де мениң үй-ишиме жақсылық ететуғыныңызға Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиңлер. Ата-анамды, аға-инилеримди, апа-сиңлилеримди ҳәм олардың үй-ишлерин өлимнен сақлап, ҳәммемизди аман қалдыратуғыныңызды билдиретуғын исенимли бир белги бериңлер
13. .
14. Адамлар оған: – Егер бул исимизди әшкара қылмасаңыз, бизлер сизлер ушын жанымызды бериўге таярмыз. Жаратқан Ийе бул жерди бизлерге бергенинде, саған жақсылық ислеп, садықлық көрсетемиз, – деди.
15. Үйи қала дийўалында жайласқанлықтан, Рахаб адамларды арқан менен әйнектен төменге түсирди де,
16. оларға: – Изиңизден қуўып кеткен адамлар сизлерге дус келип қалмаўы ушын, таўға шығыңлар. Олар излерине қайтып кеткенге дейин, үш күн сол жерде жасырынып турыңлар. Соңынан жолыңызды даўам етерсизлер, – деди.
17. Сол адамлар Рахабқа былай деди: – Бизлер иштирген антыңда турыўымыз ушын мына нәрсени ислеўиң шәрт:
18. Усы елге киргенимизде, мына қырмызы арқанды бизлерди түсирип жиберген әйнегиңе байлап қой. Соңынан ата-анаңды, туўысқанларыңды ҳәм әкеңниң пүткил хожалығын жаныңа, өз үйиңе жыйна.
19. Сениң үйиңниң қапысынан сыртқа шыққан адам өз басы ушын өзи жуўап береди. Бундай адам ушын бизлер жуўапкер емеспиз. Бирақ егер сениң менен бирге үйиңде болған бир адам жәбир көрсе, оның өлимине бизлер жуўапкер боламыз.
20. Деген менен, ислеримизди әшкара қылсаң, онда бизлер сен иштирген анттан азат боламыз.
21. Ҳаял оларға: – Айтқаныңыздай болсын, – деди ҳәм оларды жолға шығарып салғаннан соң, қырмызы арқанды әйнекке байлап қойды.
22. Адамлар ол жерден кетип, таўға шықты ҳәм излеринен қуўғанлар қайтып кеткенше, сол жерде үш күн қалды. Олардың изинен қуўғанлар барлық жерден оларды излесе де, таба алмады.
23. Еки адам изине қайтыў ушын таўдан түсти де, дәрьяны кесип өтип, Нун улы Ешуаның жанына барды ҳәм басларынан өткен ҳәмме нәрсени айтып берди.
24. Олар Ешуаға: «Жаратқан Ийе ҳақыйқаттан да бул пүткил жерди бизлердиң қолымызға тапсырыпты. Ол жерде жасайтуғын ҳәр бир адам бизлерден қорқып, руўхы түсип жүр екен», – деди.
1. Ешуа таң азаннан турды да, пүткил Израил халқы менен бирликте Шиттимнен жолға шығып, Иордан дәрьясына келди. Олар дәрьяны кесип өтпей, сол жерде түнеди.
2. Үшинши күнниң соңында орданы бастан-аяқ айланып шыққан қадағалаўшылар
3. халыққа былай деп буйырды: «Лебийли руўханийлер Қудай Ийеңиздиң Келисим сандығын көтерип баратырғанын көргениңизде, сизлер де орныңыздан қозғалып, сандықтың изине ериңлер.
4. Солай етип, сизлер қайсы тәрепке баратуғыныңызды билип аласызлар. Себеби сизлер алдын бул жолдан ҳеш қашан жүрип көрмегенсизлер. Бирақ Келисим сандығына жақынласпаңлар. Сандық пенен сизлердиң араңызда еки мың шығанақ қашықлық болсын».
5. Ешуа халыққа: – Өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Жаратқан Ийе ертең араңызда әжайып ислер ислейди, – деди.
6. Ал руўханийлерге: – Келисим сандығын көтерип, халықтың алдында жүриңлер, – деди. Солай етип, руўханийлер сандықты көтерип, халықтың алдында жүрип кетти.
7. Сол арада Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Мен Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, сениң менен де бирге екенимди олар түсиниўи ушын, бүгиннен баслап сени пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қыламан.
8. Сен Келисим сандығын көтерген руўханийлерге: „Иордан дәрьясының жағасына барғаныңызда, суўға аяқ басып, тоқтап турыңлар“, – деп буйрық бер.
9. Ешуа Израил халқына: «Жақынырақ келип, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңлаңлар», – деп болып, сөзин былай даўам етти:
10. «Тири Қудайдың араңызда екенин, Оның кенаан, хетт, хиў, периз, гиргаш, амор ҳәм ебус халықларын алдыңыздан сөзсиз қуўып жиберетуғынын мынадан билип аласызлар:
11. мине, пүткил жер жүзи Ийесиниң Келисим сандығы сизлерден алдын Иордан дәрьясынан өтеди.
12. Енди өзлериңизге ҳәр бир урыўдан бир адамнан, яғный Израил урыўларынан он еки адамды сайлап алыңлар.
13. Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясына аяқ басқанда, жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, бир жерге топланады».
14. Халық Иордан дәрьясынан өтиў ушын түнеген жеринен жолға шықты. Келисим сандығын көтерген руўханийлер алдында жүрип баратыр еди.
15. Иордан дәрьясы жыйын-терим ўақтында тасып, кәнарынан шығып кететуғын еди. Сонда сандықты көтерген руўханийлер дәрьяның жағасына барып, суўға аяқларын тийгизиўден-ақ,
16. жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, жүдә узақларда, Саретанға жақын болған Адам қаласында топланып, жоқарылай баслады. Ал Иордан тегислигиндеги теңизге, яғный Өли теңизге аққан дәрьяның қалған суўлары болса, пүткиллей тоқтап қалды. Халық дәрьяны Ерихоның қарсы алдынан кесип өтти.
17. Пүткил халық дәрьядан өтип болғанша, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер дәрьяның қурғап қалған ултанының ортасында қозғалмай турды. Солай етип, пүткил Израил халқы дәрьяның қурғап қалған ултаны арқалы өтти.
1. Пүткил халық Иордан дәрьясынан өтип болғаннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
2. – Халық ишинен он еки адамды, яғный ҳәр урыўдан бир адамнан сайлап алың да,
3. оларға былай деп буйырыңлар: «Бул жерден, Иордан дәрьясының ортасынан, анық руўханийлердиң аяқлары турған жерден он еки тас алыңлар. Бул тасларды өзлериңиз бенен бирге алып, түнейтуғын жериңизге апарып қойыңлар».
4. Солай етип, Ешуа Израилдың ҳәр бир урыўынан өзи сайлап алған он еки адамды шақырып алып,
5. оларға былай деп буйырды: – Дәрьяның ортасына, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сандығының алды бетине барып, Израил халқының урыў санына қарай ҳәр бириңиз ийниңизге бир тастан көтерип алыңлар.
6. Олар сизлер ушын белги болады. Балаларыңыз келешекте: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сорағанда,
7. оларға: «Иордан дәрьясының суўлары Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында ақпай қалды. Келисим сандығы дәрьядан өтип атырғанда, ағып турған суўлар тоқтап қалды. Бул таслар Израил халқы ушын сол ўақыядан мәңгиге естелик болады», – дейсизлер.
8. Израиллылар Ешуаның буйрығын орынлады. Жаратқан Ийениң Ешуаға айтқанындай, Израил урыўларының санына қарай Иордан дәрьясының ортасынан алынған он еки тасты олар өзлери түнеген жерге алып келип, сол жерге қойды.
9. Ешуа Иордан дәрьясының ортасына, Келисим сандығын көтерген руўханийлер турған жерге басқа он еки тас орнатты. Бул таслар бүгин де сол жерде тур.
10. Солай етип, Жаратқан Ийениң халыққа жеткизиў ушын Ешуаға буйырған ҳәр бир нәрсеси орынланыўға дейин, сандықты көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасында турды. Ҳәр бир нәрсе Муўсаның Ешуаға буйырғанындай етип исленди. Халық дәрьядан асығыслық пенен өтти.
11. Пүткил халық дәрьядан өткеннен кейин, Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер де халықтың көз алдында дәрьядан өтти.
12. Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Муўсаның өзлерине буйырғаны сыяқлы қурал асынып, Израил халқының алдында дәрьядан кесип өтти.
13. Усы тәризде қырық мыңға шамалас қураллы адамлар урысыў ушын Жаратқан Ийениң алдында Ерихо тегислигине өтти.
14. Жаратқан Ийе сол күни Ешуаны пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қылды. Муўсаға өмири бойы қандай ҳүрмет көрсетилген болса, Ешуаға да сондай ҳүрмет көрсетиле баслады.
15. Жаратқан Ийе Ешуаға:
16. – Келисим сандығын көтерген руўханийлерге Иордан дәрьясынан шығыўды буйыр, – деди.
17. Ешуа руўханийлерге: – Иордан дәрьясынан шығыңлар, – деп буйырды.
18. Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасынан шығып, жағаға аяқ басыўдан-ақ, дәрьяның суўлары бурынғыдай жийеклеринен тасып аға баслады.
19. Халық биринши айдың оныншы күни Иордан дәрьясынан өтип, Гилгалға, Ерихоның шығыс шегарасына орналасты.
20. Ешуа Иорданнан алынған он еки тасты Гилгалға орнатты.
21. Соңынан ол Израил халқына былай деди: – Келешекте сизлердиң урпақларыңыз өз әкелеринен: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сораса,
22. оларға Израил халқының Иордан дәрьясының қурғап қалған ултаны арқалы өткенин айтың.
23. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Қамыс теңизин бизлер өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслаған болса, Иордан дәрьясын да сизлер өтип боламан дегенше, солай қурғатып таслағанын түсиндириң.
24. Ол буларды жер жүзиндеги барлық халықлар Жаратқан Ийениң қаншелли қүдиретли екенин билиўи ушын ҳәм сизлер де бәрқулла Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыўыңыз ушын иследи.
1. Жаратқан Ийениң Иордан дәрьясының суўларын израиллылардың алдында, олар өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслағанын Иорданның батыс тәрепиндеги амор патшалары ҳәм Жер Орта теңизи жағасындағы кенаан патшалары еситкенде, руўхлары түсти. Израиллылардан қорққанынан, ҳеш кимде ҳал-дәрман қалмады.
2. Сол ўақытта Жаратқан Ийе Ешуаға: – Тастан пышақлар ислеп, израиллыларды бурынғыдай сүннет ет, – деди.
3. Солай етип, Ешуа тастан пышақлар ислеп, израиллыларды Аралот* төбешигинде сүннет етти.
4. Буны ислегениниң себеби мынаў еди: Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси, урысқа жарамлы болған барлық ер адамлар Мысырдан шыққаннан соң, шөлде жүргенде өлип кеткен еди.
5. Мысырдан шыққан барлық ер адамлар сүннет етилген еди. Бирақ Мысырдан шыққаннан кейин шөлде жүрген ўақытта туўылған ер адамлардың ҳеш бири сүннет етилмеген еди.
6. Мысырдан шыққанда урысқа жарамлы болғанлардың ҳәммеси өлип болғанша, израиллылар шөлде қырық жыл гезип жүрди. Себеби олар Жаратқан Ийениң сөзин тыңламаған еди. Жаратқан Ийе оларға: «Мен ата-бабаларыңызға ўәде етип, сизлерге беремен деген сүт ҳәм пал ағып турған жерди сизлер көрмейсизлер», – деп ант ишкен еди.
7. Жаратқан Ийе олардың орнына балаларына өмир берди. Сүннет етилмеген бул балаларды Ешуа сүннет етти. Өйткени олар жолда сүннет етилмеген еди.
8. Барлық ер адамлар сүннет етилгеннен соң, тәўир болғанша, ордадағы өз орынларында қалды.
9. Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Мысырда сизлерде болған масқарашылықты бүгин алып тасладым, – деди. Сонлықтан сол жер бүгин де Гилгал деп аталады.
10. Гилгалда Ерихо тегислигине орда қурған Израил халқы айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын байрамлады.
11. Бир күн даўам еткен байрамнан соң, олар елдиң зүрәәтинен ашытқысыз нан ҳәм қуўырмаш жеди.
12. Олар сол елдиң зүрәәтинен жей баслады ҳәм ертеңине маннаның жаўыўы пүткиллей тоқтады. Израиллылар сол жылы Кенаан елиниң зүрәәти менен азықланды.
13. Ешуа Ерихо қаласына жақын жерде болғанда, басын көтерип қарап, алдында қылыш услап турған бир адамды көрди. Ешуа оған жақынласып: – Сен бизлер тәрептиң адамымысаң ямаса душпан тәрептиң бе? – деп сорады+.Сол адам оған: – Ҳеш тәрептиң де емес. Мен Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасыман. Мине, Мен келдим, – деди. Сол ўақытта Ешуа ет-бетинен жерге жығылып, оған табынды да: – Мырзам, қулыңызға айтатуғын қандай сөзиңиз бар? – деп сорады.
14. Сол адам оған: – Ҳеш тәрептиң де емес. Мен Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасыман. Мине, Мен келдим, – деди. Сол ўақытта Ешуа ет-бетинен жерге жығылып, оған табынды да: – Мырзам, қулыңызға айтатуғын қандай сөзиңиз бар? – деп сорады.
15. Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасы Ешуаға: – Аяқ кийимиңди шеш. Өйткени сен турған жер – мухаддес, – деди. Ешуа айтылғанды орынлады.
16. Израиллылар себепли, Ерихо қаласының дәрўазалары тас қылып жабылған еди. Ол арқалы ҳеш ким кирмеди де, шықпады да.
1. Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Мен Ерихо қаласын, оның патшасын ҳәм жаўынгерлерин саған тәслим қыламан.
2. Сен пүткил әскерлериң менен бирге алты күн даўамында қала дөгерегин күнине бир мәртебе айланып шығыўың керек.
3. Кәрнай көтерген жети руўханий сандықтың алдында жүрсин. Жетинши күни қаланың дөгерегин жети мәртебе айланыңлар ҳәм сонда руўханийлер кәрнайларын шертсин.
4. Руўханийлердиң кәрнайларды узақ созып шерткенин еситкениңизде, пүткил халық бәлент даўыс пенен бақырсын. Сонда қаланың дийўаллары қулап түседи ҳәм ҳәр бир адам турған жеринен туўры қалаға киреди.
5. Нун улы Ешуа руўханийлерди шақырып алып, оларға: – Келисим сандығын көтериңлер. Жети руўханий қолларына кәрнайларды алып, Жаратқан Ийениң сандығының алдында жүрсин, – деди.
6. Соңынан халыққа: – Алға жүриңлер, қаланың дөгерегин айланыўды баслаңлар. Қураллы адамлар Жаратқан Ийениң сандығының алдында жүрсин, – деди.
7. Ешуа бул сөзлерди халыққа айтып болғаннан соң, кәрнайларды көтерген жети руўханий кәрнайларды шертип, Жаратқан Ийениң алдында алға жүре баслады. Олардың изинен Жаратқан Ийениң Келисим сандығы алып жүрилди.
8. Қуралланған адамлар кәрнай шерткен руўханийлердиң алдында, ал артта киятырғанлар сандықтың изинен жүрип киятыр еди. Сол ўақытта кәрнайлар да үзликсиз шертилип турды.
9. Сонда Ешуа халыққа: – Бақырмаңлар, сеслериңизди шығармаңлар. Мен: «Бақырыңлар», – демегенимше, аўзыңыздан бирде бир сөз шықпасын. Буйрығымды еситкен ўақтыңызда, бақырыңлар, – деп буйырды.
10. Солай етип, олар Жаратқан Ийениң сандығын көтерип, қала әтирапын бир мәртебе айланды. Кейин ордаға келип, сол жерде түнеди.
11. Ертеңине азанда Ешуа ерте оянды ҳәм руўханийлер Жаратқан Ийениң сандығын көтерди.
12. Кәрнайларды көтерген жети руўханий Жаратқан Ийениң сандығының алдында кәрнайларды шертип жүрди. Қуралланған адамлар олардың алдында, ал артта киятырғанлар сандықтың изинде жүрди. Сол ўақытта кәрнайлар үзликсиз шертилип турды.
13. Солай етип, олар екинши күни де қала әтирапын бир мәртебе айланып, ордаға қайтып келди. Олар бул исти алты күн тәкирарлады.
14. Жетинши күни олар ерте, жаңа таң атқанда турып, қала әтирапын анық сол тәризде жети мәртебе айланып шықты. Олар тек сол күни ғана қала әтирапын жети мәртебе айланып шықты.
15. Руўханийлер жетинши айланбада кәрнайларын шерткенде, Ешуа халыққа былай деди: – Бақырыңлар! Жаратқан Ийе қаланы сизлерге берди!
16. Қала ҳәм оның ишиндеги ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге бағышланып, жоқ қылынсын. Тек бизлер жиберген жансызларды жасырып қалған бузық ҳаял Рахаб ҳәм оның үйиндегилер ғана аман қалады.
17. Абайлаңлар, бағышланған нәрселерге қол тийгизбеңлер. Сол нәрселерди бағышлап болып, кейин олардан алсаңыз, сизлер Израилдың ордасын қырғынға ушыратып, бәлеге дуўшар қыласыз.
18. Пүткил гүмис, алтын, мыс ҳәм темир нәрселер Жаратқан Ийеге бағышланған болып, олар Жаратқан Ийениң қазнасына түседи.
19. Солай етип, руўханийлер кәрнайларын шертти. Халық бул даўысты еситиўден, қатты бақырысты ҳәм дийўаллар қулап түсти. Ҳәр бир адам турған жеринен туўры қалаға кирди ҳәм оны қолға киргизди.
20. Олар еркек ҳәм ҳаялларды, жас ҳәм ғаррыларды, ири ҳәм майда малларды, ешеклерди, қаладағы ҳәмме тири жанды қылыштан өткизип, қырып таслады.
21. Ешуа усы жерге жансыз болып келген еки адамға: – Сол бузық ҳаялдың үйине барыңлар. Ант ишкениңиздей, ҳаялды ҳәм оның пүткил жақынларын сыртқа алып шығыңлар, – деди.
22. Үйге кирген жас жансызлар Рахабты, оның ата-анасын, аға-инилерин, ағайинлерин ҳәм оның үйиндеги ҳәмме адамларды алып шығып, Израилдың ордасының жанына әкелди.
23. Соңынан олар қаланы ишиндегилери менен бирликте жағып жиберди. Тек гүмис, алтын, мыс ҳәм темир нәрселерди Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасына салды.
24. Ешуа бузық ҳаял Рахабты, оның әкесиниң үй-ишин ҳәм жақынларын тири қалдырды. Ешуаның Ерихоны көзден өткизип келиў ушын жиберген жансызларын жасырып қалған Рахаб бүгин де израиллылардың арасында жасамақта.
25. Буннан соң, Ешуа былай деп ғарғыс жәриялады: – Бул қаланы, яғный Ерихо қаласын қайтадан тиклеўге ҳәрекет еткен адам Жаратқан Ийениң ғарғысына ушырасын. Сол адам қаланың тийкарын өзиниң туңғыш улының үстине салады, ал қала дәрўазасын генже улының үстине қурады.
26. Жаратқан Ийе Ешуа менен бирге еди ҳәм Ешуаның даңқы елдиң ҳәмме жерине жайылды.
1. Деген менен, израиллылар бағышланған нәрселерге қыянет иследи. Яҳуда урыўынан болған Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан бағышланған нәрселердиң айырымларын алғанлықтан, Жаратқан Ийениң израиллыларға қәҳәри келди.
2. Ешуа Ериходан Бейт-Элдиң шығысында, Бейт-Аўенге жақын жерде жайласқан Ай қаласына адамларды жиберип атырып, оларға: – Барып, елди көзден өткизиңлер, – деди. Адамлар барып, Ай қаласын көзден өткизди.
3. Кейин олар Ешуаның қасына қайтып келип, оған: – Пүткил халықтың ол жерге барып, әўере болыўының ҳәжети жоқ. Саны жағынан аз болған Ай қаласының халқын жеңиўге еки-үш мың адам жеткиликли, – деди.
4. Солай етип, үш мыңға жақын израиллылар қалаға қарай жүрис қылды. Бирақ олар Ай халқынан қаша баслады.
5. Ай халқы израиллыларды қала дәрўазасынан Шебаримге дейин қуўып, оларды төбешиктен түсерликте қырып баслады ҳәм олардың шама менен отыз алты адамын өлтирди. Буннан қорққанынан израиллылардың руўхлары түсип, жүреклери суўлады.
6. Сонда Ешуа кийимлерин жыртып, Израилдың ақсақаллары менен бирликте басларына топырақ шашты ҳәм Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет-бетинен жерге жығылып, кешке дейин сол аўҳалда жатты.
7. Соңынан Ешуа былай деди: – О, Қудай Ийе, Сен бизлерди аморларға тәслим етип, жоқ қылыў ушын Иордан дәрьясынан өткизген бе едиң? Қәнекей, дәрьяның арғы тәрепинде қалсақ еди!
8. О, Ийемиз, Израил халқы душпанларынан қашқаннан соң, мен не айта аламан?
9. Кенаанлылар ҳәм усы жерде жасайтуғын басқа халықлар буны еситкенде, әтирапымызды қоршап алып, атымызды жер жүзинен жоқ қылады. Сонда Сен Өзиңниң уллы атыңды сақлап қалыў ушын не ислейжақсаң?
10. Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Орныңнан тур! Неге булай ет-бетиңнен жерге жығылып жатырсаң?
11. Израиллылар гүна ислеп, Мениң оларға орынлаң деп буйырған келисимимди бузды. Олар бағышланған нәрселердиң бир бөлегин урлады ҳәм алдап, өз затларының арасына жасырды.
12. Сол себепли, ендигиден былай израиллылар душпанларына қарсы тура алмайды, олар артқа қайтып, душпанларының алдына түсип қашады. Себеби олар жоқ қылыныў жазасына тартылған. Сизлер өзлериңиздеги бағышланған нәрселерди жоқ етпесеңиз, Мен артық сизлер менен бирге болмайман.
13. Бар, сен халықты пәкле ҳәм оларға былай де: «Ертеңги күн ушын өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе: „Ҳәй, Израил, сизлердиң араңызда бағышланған нәрселер бар. Сол нәрселерди жоқ етпегениңизше, душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар“, – дейди.
14. Таң атқанда, сизлер урыў-урыў болып дизилип, гезек пенен алдыға шығасызлар. Жаратқан Ийениң көрсеткен урыўы тийре-тийре болып алдыға шығады. Соң Жаратқан Ийе көрсеткен тийре хожалықлары менен бирме-бир алдыға шығады. Кейин Жаратқан Ийе көрсеткен хожалықтың ер адамлары алдыға шығады.
15. Бағышланған нәрселерди алды деп көрсетилген адам өзине тийисли ҳәр бир нәрсе менен бирликте жағып жибериледи. Себеби ол адам Жаратқан Ийениң келисимин бузып, Израилда жеркенишли гүна иследи».
16. Таң азаннан турған Ешуа Израил халқын урыў бойынша алдыға шығарды. Сонда олардың ишинен Яҳуда урыўы көрсетилди.
17. Яҳуда тийрелери алдыға шығарылғанда, Зерах тийреси көрсетилди. Зерах тийреси хожалықлары менен алдыға шығарылғанда, Забдий хожалығы көрсетилди.
18. Забдий хожалығының ер адамлары алдыға шығарылғанда, Яҳуда урыўынан Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан көрсетилди.
19. Сонда Ешуа Аханға: – Улым! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ҳүрметин орнына қой ҳәм Оның уллылығын тән алып, ҳақыйқатын айт, не иследиң? Меннен жасырма, – деди.
20. Ахан Ешуаға былай деди: – Дурыс, мен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим. Мен мына исти қылған едим:
21. олжалардың ишинде Шынардан әкелинген сулыў бир шапан, еки жүз шекел гүмис, елиў шекел аўырлығында бир алтын қуйманы көргенимде ҳәўесим келип, оларды алдым. Гүмисти ең астына салып, олардың ҳәммесин шатырымның ишине, жерге жасырдым.
22. Ешуа жиберген адамлар дәрҳал шатырға қарай жуўырып кетти. Олар сол жерге көмилген затларды тапты. Гүмис ең астына көмилген екен.
23. Олар бул нәрселердиң ҳәммесин шатырдан алды да, Ешуаға ҳәм Израил халқына әкелип берип, Жаратқан Ийениң алдына қойды.
24. Ешуа ҳәм пүткил Израил халқы Зерах улы Аханды, гүмисти, алтын қуйманы, шапанды, Аханның ул-қызларын, ири ҳәм майда малларын, ешеклерин, оның шатырын ҳәм шатырының ишиндеги барлық затларын Ахор ойпатлығына апарды.
25. Ешуа Аханға: – Сен неге бизлерди бул бәлеге жолықтырдың? Жаратқан Ийе бүгин өзиңди бәлеге жолықтырады, – деди. Соңынан пүткил Израил халқы Ахан менен оның хожалығындағыларды тас боран қылып өлтирди ҳәм оларды отқа жағып жиберди.
26. Кейин олар Аханның үстине үлкен тас үйиндисин үйди. Бул үйинди бүгин де бар. Солай етип, усы ўақыядан соң, Жаратқан Ийениң қәҳәри басылды. Сол жердиң бүгинги күнге дейин Ахор* ойпатлығы деп аталыўының мәниси усы.
1. Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Қорқпа ҳәм қәўетерленбе. Барлық әскерлерди жаныңа алып, Ай қаласына жүрис қыл. Мине, Ай патшасын, халқын, қаласын ҳәм оның жерин саған тәслим қылдым.
2. Ерихо қаласына ҳәм оның патшасына не ислеген болсаң, Ай қаласына ҳәм оның патшасына да соны исле. Бирақ ондағы мал ҳәм затларды олжа етип алыңлар. Қаланың арт бетине бекинис жаса.
3. Солай етип, Ешуа барлық әскерлер менен бирликте Ай қаласына жүрис қылыўға таярланды. Ол таңлаған отыз мың мәрт жаўынгерди түнде жолға атландырып атырып,
4. оларға былай деп буйырды: – Енди сизлер барып, қаланың арт бетиндеги бекинисте жатыңлар. Қаладан онша алыслап кетпеңлер. Ҳәммеңиз таяр болып турыңлар.
5. Мен жанымдағы адамлар менен бирликте қалаға жақынласаман. Душпан қаладан шығып, әўелгидей бизлерге қарсы келгенде, бизлер олардан қашқандай болып,
6. оларды қаладан узақластырғанша изимизден ертип барамыз. Олар бизлерди бурынғыдай қашып баратыр деп ойлайды. Бизлер олардан қашып баратырғанымызда,
7. сизлер бекинисте жатырған жериңизден шығып, қаланы қолға киргизесизлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе ол жерди сизлерге тәслим етежақ.
8. Қаланы қолға киргизгениңизден соң, оған от бериңлер. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша ҳәрекет етиңлер. Минекей, мениң сизлерге буйрығым усы.
9. Соңынан Ешуа оларды жолға атландырды. Адамлар кетип, Бейт-Эл менен Ай қаласының арасындағы, яғный Ай қаласының батыс тәрепиндеги бекинисте жатты. Ал Ешуа болса, түнди қалған адамлар менен бирге өткизди.
10. Ешуа таң азаннан турды да, әскерлерди көзден өткерип, оларды сапқа турғызды. Кейин өзи ҳәм Израилдың ақсақаллары әскерлердиң алдына түсип, Ай қаласына қарай жолға шықты.
11. Ешуа ҳәм оның жанындағы барлық әскерлер қалаға жүрис қылды. Олар жақынлап барып, қаланың арқа тәрепине орда қурды. Олар менен қаланың арасында бир ойпатлық бар еди.
12. Ешуа бес мыңға шамалас адамға Бейт-Эл менен Ай қаласы арасына, қаланың батыс тәрепине бекинис қурғызды.
13. Соңынан арқада орда қурғанлар да, батыста бекинисте жатырғанлар да урыс майданына түсиўге таяр турды. Ешуа сол түни ойпатлыққа келди.
14. Буны көргенде Ай патшасы адамлары менен израиллыларға қарсы урысыў ушын қаладан асығыс түрде шықты. Ешуа жобаластырғандай олар Иордан тегислигиниң жанындағы бир жерге шықты. Деген менен, олар өзлерине қарсы қаланың артқы тәрепинде бекинис жасалғанынан хабарсыз еди.
15. Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар қала халқынан жеңилип атырғандай болып, шөлге қарай қаша баслады.
16. Қаладағы пүткил халық израиллылардың изинен қуўыўға шақырылды. Олар Ешуаны қуўа берип, қаладан узақласып кетти.
17. Израиллыларды қуўыўға Ай қаласы менен Бейт-Элден бир адам қалмай шыққан еди. Олар израиллыларды қуўыўға шығып баратырып, қаланы қорғаўсыз, ашық қалдырған еди.
18. Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Қолыңдағы семсерди Ай қаласына қарай соз. Мен сол жерди саған тәслим етип атырман, – деди. Ешуа қолындағы семсерди туўры қалаға қарай созды.
19. Ол қолын созыўдан-ақ, бекинисте жатырғанлар орынларынан ушып турып, қалаға кирди. Олар қаланы қолға киргизип, оны дәрҳал жағып жиберди.
20. Ай қаласының турғынлары артына қарағанда, жанып атырған қаланың түтини аспанға көтерилип атырғанын көрди. Шөлге қарай қашқан израиллылар артқа қайтып, оларға ҳүжим жасағанда, олар тығыларға тесик таба алмай қалды.
21. Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар бекинисте жатырғанлардың қаланы қолға киргизгенин ҳәм қаладан түтин шығып атырғанын көргенде изге қайтып, Ай халқына қарсы ҳүжим жасады.
22. Қаланы қолға киргизгенлер де ҳүжимге өткенде, қала халқы еки жақтан келген израиллылардың ортасында қалды. Израиллылар олардан аман қалғанлардың да, қашқанлардың да бирде биреўин қалдырмай, ҳәммесин өлтирди.
23. Олар Ай патшасын тирилей тутқынға алып, Ешуаның алдына әкелди.
24. Ай қаласынан шығып, қыр далада ҳәм шөлде өзлериниң изинен қуўғанлардың ҳәммесин израиллылар қылыштан өткизгеннен соң, қалаға қайтып келип, сол жерде қалған адамларды да қылыштан өткизди.
25. Сол күни пүткил Ай қаласының халқы, ҳаял-еркеги ҳәммеси болып он еки мың адам өлтирилди.
26. Қала турғынларының ҳәммесин толық қырып болғанша, Ешуа семсер услаған қолын төмен түсирмеди.
27. Израиллылар Жаратқан Ийениң Ешуаға берген буйрығына қулақ асып, тек қаладағы маллар менен затларды ғана олжа етип алды.
28. Соңынан Ешуа Ай қаласын жағып жиберип, оны мәңги қарабақанаға айландырды. Сол қала бүгин де солай турыпты.
29. Ешуа Ай қаласының патшасын ағашқа илдирип қойып, оны кешке шекем сол жерде қалдырды ҳәм қуяш батарда оның өли денесин ағаштан түсиртип, қала дәрўазасының кирер аўзына таслатты. Ал оның өли денесиниң үстине тасларды таслап, бир үйинди иследи. Бул үйинди бүгин де бар.
30. Буннан соң, Ешуа Эбал таўында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды.
31. Бул орын Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Израил халқына берген буйрығы бойынша, Муўсаның Нызам китабында жазылғанындай қылып қурылды. Яғный, темир тиймеген ҳәм жонылмаған таслардан қурылды. Ол жерде Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлары берилди.
32. Муўсаның Израил халқы алдында жазған Нызамының көширмесин Ешуа сол жердеги тасларға жазды.
33. Ал пүткил израиллылар болса, ақсақаллар, қадағалаўшылар, қазылар ҳәм келгинди адамлар менен бирликте Жаратқан Ийениң Келисим сандығының еки тәрепинде сандықты көтерген лебийли руўханийлерге қарама-қарсы болып дизилди. Халықтың биринши ярымы Гериззим таўы тәрепинде, екинши ярымы Эбал таўы тәрепинде турған еди. Өйткени Жаратқан Ийениң қулы Муўса жарылқаў алыў ушын усы тәризде турыўды алдын буйырған еди.
34. Кейин Ешуа Нызам китабында жазылғанындай етип, жарылқаў ҳәм ғарғыс сөзлердиң барлығын оқыды.
35. Солай етип, Ешуа пүткил Израил жәмийетиниң, ҳаяллардың, балалардың ҳәм халықтың арасында болған келгинди адамлардың алдында Муўсаның буйрықларынан бирде бир сөз қалдырмай оқып берди.
1. Иордан дәрьясының батыс тәрепинде, таўлы үлкеде, батыстағы таў етеклеринде ҳәм Лебанонға дейин созылған Жер Орта теңизи жағасында жасайтуғын барлық патшалар: хетт, амор, кенаан, периз, хиў ҳәм ебус патшалары болып өткен ўақыяларды еситкенде,
2. Ешуаға ҳәм Израил халқына қарсы урысыў ушын ҳәммеси бир жерге жыйналды.
3. Ал хиў халқынан болған Гибон қаласының турғынлары болса, Ешуаның Ерихо ҳәм Ай қалаларына ислеген ислерин еситкенде,
4. ҳийле қолланбақшы болды. Олар өзлерин елши қылып көрсетип, ешеклерине ески қалталар, гөне, жыртық ҳәм жамаў-жамаў шарап меслерин жүкледи.
5. Аяқларына ески ҳәм жамалған аяқ кийимлер, үстилерине гөне-көкси кийимлер кийди. Олардың дорбаларындағы нанлар кеўип, қатып қалған еди.
6. Солай етип, сол адамлар Гилгалдағы ордаға, Ешуаның жанына келди. Олар Ешуаға ҳәм Израил халқына: – Бизлер бир узақ елден келдик. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлер едик, – деди.
7. Бирақ израиллылар гибонлыларға: – Сизлер менен неге келисим дүзиўимиз керек екен? Мүмкин, сизлер бизлерге жақын жерде жасайтуғын шығарсыз, – деди.
8. Олар Ешуаға: – Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди. Ешуа олардан: – Сизлер кимсиз? Қаяқтан киятырсыз? – деп сорады.
9. Олар Ешуаға былай деди: – Қулларың болған бизлер бир узақ елден келдик. Себеби сениң Қудайың Жаратқан Ийениң даңқы туўралы еситкен едик. Бизлер Қудай ҳаққында ҳәмме нәрседен: Оның Мысырда ислеген ҳәр бир исинен,
10. Иордан дәрьясының арғы жағындағы аморлардың еки патшасына, яғный Хешбон патшасы Сихонға ҳәм Аштаротта ҳүкимдарлық еткен Башан патшасы Огқа нелер ислегенинен де хабарымыз бар.
11. Сонлықтан ақсақалларымыз ҳәм елимиздиң барлық халқы бизлерге былай деген еди: «Жаныңызға азық-аўқат алып, оларды қарсы алыў ушын шығыңлар ҳәм оларға: „Бизлер сизлердиң қулларыңызбыз. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлеймиз“, – деңлер».
12. Бизлер сизлерге келиў ушын жолға шыққан күнимизде, азық ушын үйимизден алған бул нанларымыз ыссы еди. Енди қараңлар, олар кеўип, қатып қалған.
13. Шарап толтырылған мына меслер де таза еди. Мине, олардың қалай жыртылып қалғанына қараңлар. Көп жол басып өткенимиз себепли, кийим-кеншегимиз ҳәм аяқ кийимимиз де тозып қалды.
14. Израиллылар Жаратқан Ийе менен кеңеспестен, гибонлылардың азықларынан алып, татып көрди.
15. Ешуа оларды аман қалдыратуғынына сөз берип, олар менен парахатшылық келисимин дүзди. Жәмийет басшылары да келисимге садық қалатуғынына ант ишти.
16. Деген менен, келисим дүзилгенинен кейин үш күн өткенде, олар гибонлылардың жақын жерде, өзлериниң арасында жасайтуғынын билди.
17. Өйткени израиллылар жолға шығып, үш күннен кейин олардың Гибон, Кефира, Беерот ҳәм Кирят- Ярим деген қалаларына келген еди.
18. Бирақ израиллылар оларға шабыўыл жасамады. Себеби жәмийет басшылары Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкен еди. Сонлықтан халық жәмийет басшыларына наразы болып, тоңқылдай баслады.
19. Басшылар халыққа: – Бизлер оларға Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен ант иштик. Сонлықтан оларға қол тийгизе алмаймыз.
20. Ант ишкенимиз себепли, оларды аман қалдырамыз, болмаса Қудайдың ғәзебине ушыраймыз, – деди.
21. Соңынан халыққа усыныс етип: – Оларды аман қалдырайық, – деди. Солай етип, басшылар берген сөзинде турды ҳәм гибонлылар пүткил жәмийет ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын болды.
22. Кейин Ешуа гибонлыларды шақырып алып, оларға былай деди: – Жақын жерде жасай турып, неге жүдә узақ жерден келдик деп, бизлерди алдадыңыз?
23. Сол себептен сизлер ғарғысқа ушырайсызлар. Енди мәңгиге қул болып қаласызлар. Сизлер Қудайымның Үйи ушын отын шаўып, суў тасыйсызлар.
24. Гибонлылар Ешуаға былай деп жуўап берди: – Мырзамыз, сениң Қудайың Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаға пүткил елди сизлерге беретуғынын ҳәм елде жасайтуғынлардың ҳәммесин жоқ қылыўды буйырғанын еситкен едик. Бизлер сизлерден қатты қорқтық ҳәм жанымыздан айырылыўдан қәўетерленип, усылай иследик.
25. Енди бизлер сениң қолыңдамыз. Сен нени мақул ҳәм дурыс деп тапсаң, соны исле.
26. Солай етип, Ешуа оларды израиллылардың қолынан қутқарды ҳәм оларды өлтиртпеди.
27. Сол күни Ешуа оларды жәмийет ушын ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген жерде қурылатуғын Оның қурбанлық орны ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын хызметке қойды. Олар бүгин де сол жумысты атқарады.
1. Ерусалим патшасы Адоний-Седек Ешуаның Ерихоны қолға киргизип, патшасын жоқ қылғаны сыяқлы, Ай қаласын да қолға киргизип, толық қыйратқанын ҳәм патшасын өлтиргенин, Гибон халқының да израиллылар менен парахатшылық келисимин дүзип, олар менен бирге жасап атырғанын еситти.
2. Сонда оны күшли қорқыныш бийледи. Өйткени Гибон өз патшасына ийе болған қалалардың бири сыяқлы үлкен бир қала еди. Ол Ай қаласынан да үлкен болып, халқы мәрт жаўынгерлер еди.
3. Сол себепли Ерусалим патшасы Адоний-Седек Хеброн патшасы Ҳоҳамға, Ярмут патшасы Пирамға, Лахиш патшасы Яфиаға ҳәм Эглон патшасы Дебирге мына хабарды жиберди:
4. «Келип, маған Гибонды жоқ етиўге жәрдем бериңлер. Себеби Гибон халқы Ешуа ҳәм Израил халқы менен бирликте парахатшылық келисимин дүзипти».
5. Солай етип, аморлардың бес патшасы – Ерусалим, Хеброн, Ярмут, Лахиш ҳәм Эглон патшалары әскерлерин топлады ҳәм ҳәммеси бирликте барып, Гибонның қарсысына орда қурды да, ҳүжимге өтти.
6. Гибонлылар Гилгалдағы ордада болған Ешуаға мына хабарды жиберди: «Қулларың болған бизлерди жалғыз таслап кетпе. Бизлерге тезирек келип, жәрдем қолыңды соз ҳәм бизлерди қутқар. Өйткени таўлы елдеги аморлардың барлық патшалары бизлерге қарсы бирлести».
7. Сонлықтан Ешуа пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери менен бирге Гилгалдан жолға шықты.
8. Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Олардан қорқпа. Мен оларды саған тәслим етип атырман. Олардың ҳеш бири саған қарсы тура алмайды, – деди.
9. Гилгалдан шығып, түни менен жол жүрген Ешуа аморларға тосаттан ҳүжим жасады.
10. Жаратқан Ийе аморларды израиллылардың алдында албыратып таслады ҳәм израиллылар оларды Гибонда үлкен қыйралыўға ушыратты. Бейт-Хоронға баратуғын жол бойынша, оларды Азеқаға ҳәм Маккедаға жеткенше қуўып, өлтирип барды.
11. Жаратқан Ийе израиллылардан қашқан аморлардың үстине Бейт-Хороннан Азеқаға барғанша аспаннан ири тас буршақ жаўдырды. Жаўған тас буршақтың астында өлгенлер израиллылардың қылыш пенен өлтиргенлеринен де көбирек еди.
12. Жаратқан Ийениң аморларды израиллылар тәрепинен қыйратқан күни Ешуа Израил халқының алдында Жаратқан Ийеге дуўа етти. Ол халықтың көз алдында былай деди: «Ҳәй қуяш, тур сен Гибон үстинде, Ҳәй ай, сен де Айялон ойпатлығында».
13. Халық өз душпанларынан өшин алғанша, қуяш тоқтап, ай да өз орнында турды. Бул ўақыя Яшар китабында сөз етилген. Қуяш шама менен бир күн бойы аспанның ортасында турды, батыўға асықпады.
14. Жаратқан Ийе адамның сөзине қулақ асқан бундай күн – буннан алдын да, буннан кейин де болған емес. Себеби Жаратқан Ийениң Өзи Израил ушын саўаш жүргизген еди.
15. Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирге Гилгалдағы ордаға қайтып келди.
16. Аморлардың бес патшасы қашып, Маккедадағы бир үңгирге жасырынған еди.
17. Ешуаға: «Бес патша табылды. Олар Маккедадағы бир үңгирге жасырынып алған екен», – деген хабар жетти.
18. Ешуа халыққа былай деди: – Үңгирдиң аўзын үлкен таслар менен жаўыңлар ҳәм сол жерди қорғап турыў ушын сақшылар жибериңлер.
19. Бирақ сизлер қарап тура бермей, душпанларыңыздың изинен қуўыңлар. Оларға арт бетинен ҳүжим жасап, өз қалаларына кетиўине тосқынлық етиңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе оларды сизлерге тәслим еткен.
20. Ешуа ҳәм израиллылар душпанды жүдә аўыр жеңилиске ушыратып, оларды пүткиллей жоқ етти. Ал аман қалғанлар болса, қорған қалаларға барып, баспана тапты.
21. Соңынан пүткил израиллылар аман-есен Маккедадағы ордаға, Ешуаның жанына қайтты. Ҳеш бир адам израиллыларға қарсыласыўға жүрексине алмады.
22. Сонда Ешуа адамларына: – Үңгирдиң аўзын ашып, сол бес патшаны шығарың да, оларды маған алып келиңлер, – деди.
23. Олар бес патшаны, яғный Ерусалим, Хеброн, Ярмут, Лахиш ҳәм Эглон қалаларының патшаларын үңгирден шығарып, Ешуаға алып келди.
24. Патшалар алып келингенде, Ешуа пүткил Израил халқын жыйнады. Өзи менен урысқа қатнасқан әскербасыларға болса: – Жақынырақ келип, аяқларыңызды мына патшалардың желкелерине қойыңлар, – деди. Әскербасылар жақынлап келип, аяқларын патшалардың желкелерине қойды.
25. Ешуа оларға: – Қорқпаңлар ҳәм қәўетерленбеңлер. Күшли ҳәм мәрт болыңлар. Жаратқан Ийе сизлер менен урысатуғын душпанларыңыздың ҳәммесин усындай аўҳалға салады, – деди.
26. Кейин Ешуа бес патшаны өлтирип, оларды бес ағашқа илдирип қойды. Денелер кешке дейин ағашқа илдириўли турды.
27. Қуяш батарда, Ешуаның буйрығы бойынша патшалардың денелери ағашлардан алынып, бурын өзлери жасырынған үңгирдиң ишине тасланды. Ал үңгирдиң аўзы үлкен таслар менен жаўылды. Бул таслар бүгинги күнге дейин сол жерде тур.
28. Ешуа сол күни-ақ Маккеда қаласын басып алды, оның патшасын ҳәм халқын қылыштан өткизди. Ол қалада бирде бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады. Ешуа Ерихо қаласының патшасына не қылған болса, Маккеда қаласының патшасына да соны қылды.
29. Ешуа Израил халқы менен бирликте Маккедадан Либна қаласына барып, қалаға ҳүжим жасады.
30. Жаратқан Ийе қаланы ҳәм оның патшасын израиллыларға тәслим етти. Ешуа пүткил қала халқын қылыштан өткизди, бирде бир тири жан қалдырмады. Ол Ерихо қаласының патшасына не ислеген болса, бул қаланың патшасына да соны иследи.
31. Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирге Либнадан Лахиш қаласына келди ҳәм қала қарсысына орда қурып, ҳүжимге өтти.
32. Жаратқан Ийе Лахишти израиллыларға тәслим етти. Ешуа ертеңине қаланы басып алды. Ол Либнада ислегени сыяқлы, бул қаланың да барлық адамларын қылыштан өткизди.
33. Сонда Гезер қаласының патшасы Ҳорам Лахишке жәрдемге келди. Ешуа ҳеш бир тири жанды аман қалдырмай, оны ҳәм оның әскерлерин қырып таслады.
34. Ешуа Израил халқы менен Лахиштен шығып, Эглонға келди. Ол қала қарсысына орда қурып, ҳүжимге өтти.
35. Олар қаланы сол күни-ақ басып алды. Лахиште ислегени сыяқлы, бул қаланың да барлық адамларын сол күни-ақ қылыштан өткизип, қырып таслады.
36. Соңынан Ешуа Израил халқы менен бирликте Эглоннан Хеброн қаласына келип, оған қарсы ҳүжимге өтти.
37. Олар қаланы қолға киргизип, оның патшасын, халқын ҳәм аўылларындағы барлық адамларды қылыштан өткизди. Эглонда ислегени сыяқлы, Хебронда да ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады.
38. Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирликте изге қайтып, Дебирге қарсы ҳүжим жасады.
39. Олар қаланы, оның патшасын ҳәм аўылларын қолға киргизип, пүткил халықты қылыштан өткизди. Ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады. Хеброн, Либна қалаларына ҳәм олардың патшаларына не ислеген болса, Дебирге ҳәм оның патшасына да соны иследи.
40. Солай етип, Ешуа пүткил елди: таўлы жерлерди, Негебти, батыстағы таў етеклерин ҳәм таў жанбаўырларын қолға киргизип, сол жерлердеги патшалардың барлығын жеңилиске ушыратты. Ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығына қулақ асып, ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады.
41. Ешуа Қадеш-Барниядан Газаға дейин ҳәм Гибонға дейин созылған пүткил Гошен үлкесин басып алды.
42. Ол бул патшалардың барлығын ҳәм олардың жерлерин бир урыста-ақ қолға киргизди. Өйткени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Израил ушын урысқан еди.
43. Кейин Ешуа Израил халқы менен бирликте Гилгалдағы ордаға қайтып келди.
1. Болып өткен ўақыялар ҳаққында Хасор патшасы Ябин еситкенде, Мадон патшасы Иобабқа, Шимрон ҳәм Ахшаф патшаларына,
1. Израиллылар Иордан дәрьясының шығысын, Иордан тегислигиниң пүткил шығыс тәрепи менен Арнон дәрьясынан Хермон таўына шекем болған жерлерди қолға киргизип, мына патшаларды жеңилиске ушыратқан еди:
1. Ешуа қартайып, бираз жасқа барып қалған ўақтында, Жаратқан Ийе оған былай деди: – Сен қартайып, бираз жасқа барып қалдың. Бирақ басып алынатуғын жерлер еле жүдә көп.
1. Израиллылардың Кенаанда мүлик етип алған жерлерине келсек, бул жерлер руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларының тийре басшылары тәрепинен израиллыларға бөлип берилди.
1. Тийре санына қарай, Яҳуда урыўының шегине түскен жерлер қублада болып, Эдом шегарасына, ең қублада Зин шөлине дейин созылатуғын еди.
1. Юсуп урпағының шегине түскен жерлердиң шегаралары Ерихо жанындағы Иордан дәрьясынан, Ерихоның шығысындағы суўлардан басланып, шөл арқалы Ериходан Бейт-Элдиң таўлы үлкесине қарай созылады.
1. Юсуптиң туңғыш улы Менашшениң урпақларына, Менашше урыўына берилген үлес жерлер мыналар еди: Гиладтың әкеси Махир Менашшениң туңғыш улы еди. Махир батыр әскер болғанлықтан, Гилад ҳәм Башан жери оныки болды.
1. Елди қолға киргизгеннен соң, пүткил Израил жәмийети Шилода бир жерге топланды. Олар сол жерде Ушырасыў шатырын қурды.
1. Екинши шек Шимонға, тийре санына қарай, Шимон урыўына түсти. Олардың үлеси Яҳуда урыўының үлесине тийген жерлердиң ишинде еди.
1. Буннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
1. Буннан соң, Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымын жыйнады да,
2. оларға былай деди: – Сизлер Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның өзлериңизге буйырған ҳәр бир нәрсесин иследиңлер. Мениң ҳәмме буйрықларыма да бойсындыңлар.
3. Соншама ўақыт даўамында, бүгинге дейин туўысқанларыңызды жалғыз таслап кетпедиңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген буйрығын орынладыңлар.
4. Минекей, Қудайыңыз Жаратқан Ийе туўысқанларыңызға ўәде қылғанындай, оларды тынышлыққа еристирди. Енди Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының арғы жағасында сизлерге мүлик қылып берген жерлердеги үйлериңизге қайтыңлар.
5. Бирақ Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның сизлерге берген буйрықларын ҳәм Нызамын муқыятлы түрде орынлаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиңлер, Оның жолы менен жүрип, буйрықларын орынлаңлар. Оған садық болыңлар, Оған шын жүрек ҳәм шын кеўлиңизден хызмет етиңлер.
6. Соңынан Ешуа оларға ақ пәтиясын берип, жолға атландырды. Солай етип, олар үйлерине қайтып кетти.
7. Муўса Менашше урыўының ярымына Башанда жер берген еди. Ешуа болса, Менашше урыўының қалған ярымына Иордан дәрьясының батысынан, басқа туўысқанлары арасынан жер берди. Ешуа оларды үйлерине қайтарып атырып, оларға ақ пәтиясын берип:
8. – Үйлериңизге үлкен байлық пенен, жүдә көп мал, гүмис, алтын, мыс, темир ҳәм жүдә көп кийим-кеншек пенен қайтып баратырсызлар. Душпанларыңыздан олжа қылып алған нәрселериңизди туўысқанларыңыз бенен бөлисиңлер, – деди.
9. Солай етип, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Кенаан жериндеги Шилодан, израиллылардың жанынан кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, Муўса арқалы өзлери мүлик етип алған Гилад жерине қайтыў ушын жолға шықты.
10. Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Иордан дәрьясына жақын орналасқан Кенаан жериндеги аймаққа келгенде, дәрьяның жағасында көриниси үлкен болған қурбанлық орнын қурды.
11. Израил халқына: «Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Кенаан елиниң шегарасында, Иордан дәрьясының жағасында, израиллыларға тийисли жерде бир қурбанлық орнын қурды», – деген хабар жетти.
12. Израил халқы бул хабарды еситкенде, оларға қарсы урысыў ушын пүткил жәмийет Шилоға жыйналды.
13. Сонда израиллылар руўханий Элазардың улы Пинехасты Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына жиберди.
14. Оның менен бирге Израил урыўларынан он көсем кетти. Бул көсемлердиң ҳәр бири Израил тийрелериниң ишиндеги өз қәўимлерине басшы еди.
15. Олар Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына келип былай деди:
16. – Жаратқан Ийениң пүткил жәмийети былай дейди: «Сизлер неге Израилдың Қудайына қыянет еттиңлер? Неге бүгин сизлер өзлериңиз ушын қурбанлық орнын қурып, Жаратқан Ийеден ўаз кештиңлер ҳәм Оған қарсы бас көтердиңлер?
17. Бизлерге Пеор таўындағы гүнамыз аз ба еди? Жаратқан Ийениң жәмийети сол гүна себепли бәлеге жолыққан еди. Бизлер усы күнге дейин өзлеримизди бул гүнадан тазалай алмадық.
18. Сизлер бүгин Жаратқан Ийеден ўаз кештиңиз! Егер сизлер бүгин Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтерсеңиз, Ол да ертең пүткил Израил жәмийетине ғәзепленеди.
19. Егер сизлерге тийисли жерлер ҳадал болмаса, Жаратқан Ийениң шатыры турған Оған тийисли жерге келип, арамыздағы жерден үлес алыңлар. Өзлериңизге Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнынан басқа бир қурбанлық орнын қурып, Жаратқан Ийеге ҳәм бизлерге қарсы қозғалаң көтермеңлер.
20. Зерах улы Ахан бағышланған олжадан алып, қыянет еткенде, пүткил Израил жәмийети ғәзепке ушырамады ма? Аханның гүнасы ушын тек оның өзи ғана өлимге дуўшар болмады-ғо!»
21. Сонда Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Израилдың тийре басшыларына былай деп жуўап берди:
22. – Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Ол булардың барлығын биледи ҳәм Израил да билип қойсын: егер бизлер ислеген исимизди Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериў ямаса Оған қыянет ислеў мақсетинде ислеген болсақ, онда бүгин Жаратқан Ийе бизлерди аямасын!
23. Егер бизлер қурбанлық орынды Жаратқан Ийеден ўаз кешиў ушын, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ямаса татыўлық қурбанлықларын бериў ушын қурған болсақ, Жаратқан Ийениң Өзи бизлерди жазаласын.
24. Бизлер бул исти мынадан тәшиўишленгенимиз себепли ислеген едик: келешекте сизлердиң урпақларыңыз бизлердиң урпақларымызға: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен сизлердиң қандай байланысыңыз бар?
25. Ҳәй, Рубен ҳәм Гад урпақлары! Жаратқан Ийе сизлер менен бизлердиң арамызға Иордан дәрьясын шегара қылып қойған. Сизлердиң Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп бизлердиң урпақларымыздың Жаратқан Ийеден қорқып жасаўына тосқынлық жасаўы мүмкин.
26. Сонлықтан бизлер өзлеримиз ушын қурбанлық орнын қурыўды шештик. Буны жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар ушын емес,
27. ал тек сизлер менен бизлердиң арамызда ҳәм келешек әўладлар арасында гүўалық болыўы ушын иследик. Солай етип, бизлер де Жаратқан Ийениң алдында жандырылатуғын қурбанлықларымыз, татыўлық қурбанлықларымыз ҳәм басқа қурбанлықларымыз бенен Оған сыйынажақпыз. Сонда сизлердиң урпақларыңыз келешекте бизлердиң урпақларымызға: «Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп айта алмайды.
28. Солай етип, бизлер былай ойладық: келешекте бизлерге ямаса болажақ урпақларымызға усылай десе, бизлер: «Ата- бабаларымыздың Жаратқан Ийеге арнап қурған қурбанлық орнының нусқасына қараңлар. Бул орын жандырылатуғын ямаса басқа қурбанлықлар ушын емес, ал бизлер менен сизлердиң араңызда гүўалық болыў ушын қурылған», – деймиз.
29. Бизлер Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериўден, бүгин Оннан ўаз кешиўден, жандырылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ямаса басқа қурбанлықлар бериў ушын Қудайымыз Жаратқан Ийениң шатырының алдында турған қурбанлық орнынан басқа биреўин қурыўдан аўлақпыз.
30. Руўханий Пинехас ҳәм оның менен бирге болған жәмийет басшылары, яғный Израилдың тийре басшылары Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымының айтқан сөзлерин еситкенде кеўиллери толды.
31. Сонлықтан руўханий Элазардың улы Пинехас Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына: – Енди Жаратқан Ийениң арамызда екенин билемиз. Себеби сизлер Оған қыянет етпедиңиз ҳәм израиллыларды Оның жазасынан қутқардыңыз, – деди.
32. Руўханий Элазардың улы Пинехас ҳәм басшылар Рубен ҳәм Гад урыўлары жасайтуғын Гилад жеринен Кенаан жерине, израиллыларға қайтып келип, не болғанын айтып берди.
33. Израиллылар бул хабарға кеўли толып, Қудайға алғыслар айтты. Олар Рубен ҳәм Гад урыўларына қарсы урыс ашыў ҳәм олардың жасайтуғын жерлерин ўайран етиў ҳаққында қайтып аўыз ашпады.
34. Рубен ҳәм Гад урыўлары: «Бул қурбанлық орны – бизлердиң арамызда Жаратқан Ийениң Қудай екенине гүўа» деп, орынды «Гүўа» деп атады.
1. Жаратқан Ийе Израилды әтирапындағы барлық душпанларынан қутқарып тынышлыққа еристиргеннен соң, көп жыллар өтти. Ешуа болса қартайып, бираз жасқа барып қалған еди.
2. Сонда ол пүткил Израил халқын, олардың ақсақалларын, тийре басшыларын, қазыларын ҳәм қадағалаўшыларын шақырып алып, оларға былай деди: – Мен қартайып, бираз жасқа барып қалдым.
3. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер ушын бул барлық халықларға нелер ислегенин көрдиңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер ушын урысты.
4. Минекей, мен Иордан дәрьясынан баслап, күн батар тәрептеги Жер Орта теңизине дейин жасаған барлық халықларды жоқ етип, олардың жерлерин де, еле жоқ қылынбаған халықлардың жерлерин де шек бойынша сизлердиң урыўларыңызға бөлип бердим.
5. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды қуўып шығарып, алдыңыздан шегиндиреди ҳәм Өзи сизлерге ўәде еткениндей, сизлер олардың жерлерин ийелейсизлер.
6. Сонлықтан сизлер Муўсаның Нызам китабында жазылған ҳәр бир нәрсени орынлаў ушын жүдә күшли болыңлар. Жазылғанлардан я оңға, я солға аўып кетпеңлер.
7. Араңызда қалған халықлар менен ҳеш қандай қарым-қатнас жасамаңлар. Олардың қудайларының атларын тилге алмаңлар ҳәм олардың атлары менен ант ишпеңлер. Сол қудайларға хызмет етпеңлер ҳәм табынбаңлар.
8. Бүгинги күнге дейин ислеп келгениңиздей, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге садық қалыңлар.
9. Себеби Жаратқан Ийе уллы ҳәм күшли халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарды. Бүгинги күнге дейин ҳеш ким сизлерге қарсы тура алмады.
10. Сизлердиң араңыздағы биреўиңиз мың адамды қуўып шығарады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң ўәде еткениндей, Оның Өзи сизлер ушын урысады.
11. Сонлықтан Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиўде жүдә муқыятлы болыңлар.
12. Ал егер сизлер Оннан жүз бурып, араңыздағы қалған сол халықлар менен аралассаңыз, олар менен қыз алысып, қыз берисетуғын болсаңыз, қарым-қатнас жасасаңыз,
13. онда билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды енди алдыңыздан қуўып шығармайды. Оның сизлерге берген усы жақсы жеринен жоқ болынғаныңызша, бул халықлар сизлер ушын дузақ, қақпан, арқаңызға қамшы ҳәм көзлериңизге тикен болады.
14. Минекей, мениң де бул дүньядан өтетуғын ўақтым келди. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген ҳеш бир жақсы ўәделериниң босқа шықпағанын сизлер пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил кеўлиңиз бенен билесизлер. Олардың ҳәммеси орынланды, ҳеш бири орынланбай қалмады.
15. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәделериниң ҳәммесин қалай орынлаған болса, Ол Өзи берген усы жақсы жерден сизлерди жоқ етпегенше, айтқан барлық жаманлықларын да солай басыңызға салады.
16. Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге орынлаң деп буйырған келисимин бузсаңыз ҳәм барып, басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз, Жаратқан Ийениң сизлерге ғәзеби тутанады. Сонда сизлер Ол берген бул жақсы жерден тез арада қырылып кетесизлер.
1. Ешуа пүткил Израил урыўларын Шехемге топлап, Израилдың ақсақалларын, тийре басшыларын, қазыларын ҳәм қадағалаўшыларын шақыртты. Олардың ҳәммеси келип, Қудайдың алдында турды.
2. Сонда Ешуа пүткил халыққа былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлердиң ата- бабаларыңыз ески заманларда Евфрат дәрьясының арғы жағасында жасап, басқа қудайларға хызмет ететуғын еди. Олардың бири Ибрайым менен Нахордың әкеси Терах еди.
3. Бирақ Мен бабаңыз Ибрайымды дәрьяның арғы жағынан алып, пүткил Кенаан жерлери бойлап алып жүрдим. Оның урпақларын көбейтип, оған Ысақты бердим.
4. Ал Ысаққа болса, Яқып пенен Эсаўды бердим. Эсаўға таўлы Сеир үлкесин мүлик етип бердим. Яқып ҳәм оның уллары Мысырға кетти.
5. Кейин Мен Муўса менен Харонды тайынлап, Мысыр халқының басына бәлелер жаўдырдым ҳәм сизлерди Мысырдан алып шықтым.
6. Аўа, Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шықтым. Олар Қамыс теңизине жетип келгенде, мысырлылар саўаш арбалары ҳәм атлылары менен ата-бабаларыңыздың изинен теңизге дейин қуўып барды.
7. Ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге, Маған жалбарынып, жәрдем сорағанда, Мен олар менен мысырлылар арасына қараңғылық түсирдим. Мысырлылардың үстине теңиз суўларын бастырып, оларды шөктирдим. Сизлер Мениң Мысырда не ислегенимди өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Сизлер шөлде узақ ўақыт жасадыңыз.
8. Соңынан Мен сизлерди Иордан дәрьясының арғы жағасында жасаған аморлардың жерине әкелдим. Олар сизлерге қарсы урысқанда, Мен оларды сизлерге тәслим еттим. Сизлер олардың жерлерин ийеледиңиз. Мен оларды сизлердиң алдыңыздан жоқ қылдым.
9. Моаб патшасы Сиппор улы Балақ Израилға қарсы урысқа шықты ҳәм хабар жиберип, Беор улы Биламды сизлерди нәлетлеў ушын шақыртты.
10. Бирақ Мен Биламға қулақ салыўды мақул көрмедим. Сонлықтан ол сизлерге пәтиясын бериўге мәжбүр болды. Солай етип, Мен сизлерди оның қолынан қутқардым.
11. Соңынан сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Ерихоға келдиңиз. Мен сизлерге қарсы урысқан ерихолыларды, және де амор, периз, кенаан, хетт, гиргаш, хиў ҳәм ебус халықларын сизлерге тәслим еттим.
12. Мен сизлерден алдын ешек ҳәрре жиберип, аморлардың еки патшасын алдыңыздан қуўдым. Бул ис сизлердиң қылышыңыз ямаса оқ жайыңыз жәрдеминде исленбеди.
13. Солай етип, Мен сизлерге өзлериңиз мийнет етпеген жерди ҳәм өзлериңиз салмаған қалаларды бердим. Сизлер бул жерлерде жасап, өзлериңиз отырғызбаған жүзим ҳәм зәйтүн бағларының мийўелерин жеп атырсызлар».
14. Ешуа даўам етип былай деди: – Сонлықтан Жаратқан Ийеден қорқыңлар, Оған шын жүректен ҳәм садықлық пенен хызмет етиңлер. Евфрат дәрьясының арғы жағасында ҳәм Мысырда ата-бабаларыңыздың хызмет еткен қудайларын таслап, Жаратқан Ийеге хызмет етиңлер.
15. Егер Жаратқан Ийеге хызмет еткиңиз келмесе, онда Евфрат дәрьясының арғы жағасында ата-бабаларыңыздың хызмет еткен қудайларына ямаса өзлериңиз елинде жасап атырған аморлардың қудайларына хызмет еткиңиз келе ме? Бүгин усыны шешип алыңлар. Ал мен ҳәм мениң хожалығым Жаратқан Ийеге хызмет етемиз.
16. Халық жуўап берип былай деди: – Жаратқан Ийени таслап, басқа қудайларға хызмет етиўден аўлақ болғаймыз!
17. Себеби бизлерди ҳәм ата-бабаларымызды Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан, көз алдымызда уллы кәраматлар ислеп, пүткил жолымызда ҳәм халықлар арасынан өткенимизде бизлерди сақлаған Қудайымыз – Жаратқан Ийениң Өзи болады.
18. Ол бул елде жасаған барлық халықларды ҳәм аморларды алдымыздан қуўып жиберди. Сонлықтан бизлер де Оған хызмет етемиз. Өйткени Ол – бизлердиң Қудайымыз.
19. Сонда Ешуа халыққа былай деди: – Бирақ сизлер Жаратқан Ийеге хызмет ете алмайсызлар. Өйткени Ол мухаддес ҳәм қызғаншақ Қудай. Ол сизлердиң жынаятларыңызға ҳәм гүналарыңызға сабыр етпейди.
20. Егер сизлер Жаратқан Ийени таслап, жат қудайларға хызмет етсеңиз, Өзи бурын сизлерге жақсылық қылған болса да, енди Ол сизлерден жүз бурады ҳәм сизлерди бәлеге жолықтырып, жоқ етеди.
21. Халық Ешуаға: – Яқ! Бизлер Жаратқан Ийеге хызмет етемиз, – деп жуўап берди.
22. Сонда Ешуа халыққа: – Жаратқан Ийеге хызмет етемиз деп, таңлағаныңызға өзлериңиз гүўасызлар, – деди. – Аўа, өзлеримиз гүўамыз, – деп жуўап берди халық.
23. Ешуа оларға: – Олай болса, енди өзлериңиздеги жат қудайларды таслаңлар. Жүреклериңизди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бериңлер, – деди.
24. Халық Ешуаға: – Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге хызмет етип, Оның сөзин тыңлаймыз, – деп жуўап берди.
25. Ешуа сол күни Шехемде халық ушын бир миннетлеме алды. Оларға қағыйдалар ҳәм нызамлар берди.
26. Ешуа бул сөзлерди Қудайдың Нызам китабына да жазып қойды. Кейин бир үлкен тас алып, оны сол жерге, Жаратқан Ийениң Мухаддес мәканы жанындағы емен ағашының астына орнатты.
27. Соң Ешуа пүткил халыққа: – Минекей, бул тас бизлерге гүўа болсын. Себеби ол Жаратқан Ийениң бизлерге айтқан барлық сөзлерин еситти. Қудайға берген ўәдемизде турмасақ, бул тас бизлерге қарсы гүўа болады, – деди.
28. Буннан соң, Ешуа халықтың барлығын мүлик етип алған өз жерлерине жиберди.
29. Усы ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийениң қулы Нун улы Ешуа бир жүз он жасында қайтыс болды.
30. Оны Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Гааш таўының арқа тәрепине, өзине үлес етип берилген Тимнат-Серахқа жерледи.
31. Ешуаның тири ўақтында ҳәм Ешуадан кейин жасап, Жаратқан Ийениң Израил ушын ислеген барлық ислерин билген ақсақаллардың тири ўақтында Израил халқы Жаратқан Ийеге хызмет етти.
32. Израил халқы Мысырдан кетип баратырып, Юсуптиң сүйегин де өзлери менен бирге алып кеткен еди. Олар оны Яқыптың Шехемдеги атызына жерледи. Яқып бул атызды Шехемниң әкеси Хамордың улларынан жүз теңгеге сатып алған еди. Сол жер Юсуптиң урпақларының мүлки болды.
33. Харонның улы Элазар да қайтыс болды. Ол Эфрайымның таўлы үлкесине, улы Пинехасқа берилген Гиба қаласына жерленди.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.