Мухаддес Китап

2 Салоникалылар

1. Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем!
2. Әкемиз Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәм тынышлығы сизлерге яр болсын!
3. Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳәмме ўақытта Қудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын өсип, ҳәр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта.
4. Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳәм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳәм исенимиңиз ушын Қудайдың жәмәәтлеринде сизлер менен мақтанамыз.
5. Булардың ҳәммеси Қудайдың әдил жазасының белгиси. Нәтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Қудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар.
6. Қудай әдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады.
7. Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳәммеси Ийемиз Ийса Өзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда көрингенде жүз береди.
8. Сонда Ийемиз Ийса Қудайды билмейтуғынларды ҳәм Өзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды.
9. Олар мәңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳәм қүдиретли салтанатынан алыслатылады.
10. Ийемиз келген күни Өз мухаддеслери тәрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тәрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Өйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер.
11. онлықтан сизлер ушын бәрқулла дуўа етип атырмыз: Қудайымыз сизлерди Өзи шақырған өмирге ылайықлы қылсын, ҳәр түрли жақсы арзыў-әрманыңызды ҳәм исенимге тийкарланған ҳәр бир исиңизди Өз қүдирети менен әмелге асырсын.
12. Солай етип, Қудайымыздың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳәм сизлер де Ол тәрепинен мәртебели болыңлар.
1. Туўысқанлар! Енди Ийса Масихтың қайта келиўине ҳәм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды өтинемиз.
2. Ийемиздиң күниниң әлле қашан келгенин айтқан ҳәр қандай пайғамбаршылық, сөз ямаса бизлер жибергендей етип көрсетилген хат себепли ақылдан дәрҳал азып, тәшиўишленбеңлер.
3. Өзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дәслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тәғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады.
4. Сол адам – Қудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳәр бир нәрсеге қарсы шығып, өзин ҳәммеден жоқары қояды, ҳәтте, ол Қудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, өзин «қудайман» деп жәриялайды.
5. Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па?
6. Сол адамның өз ўақтында пайда болыўына дейин ҳәзир оны не услап турғанын билесизлер.
7. Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери әлле қашан ҳәрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жоқ қылынбағанша, ол өз исин даўам ете береди.
8. Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен өлтиреди ҳәм Өзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады.
9. Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳәр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нәрселерди
10. ҳәм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳәр түрли жаманлықларды көрсетеди. Өйткени олар өзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады.
11. Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Қудай оларға алдаўшы бир күш жибереди.
12. Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рәҳәтленетуғынлардың ҳәммеси ҳүким етиледи.
13. Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳәмме ўақыт Қудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Қудай Мухаддес Руўх тәрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳәм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди әўел бастан таңлап алған еди.
14. Ийемиз Ийса Масихтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жәриялаған Хош Хабар арқалы Қудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды.
15. Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сөз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тәлийматымыз бойынша ис тутыңлар.
16. Ийемиз Ийса Масихтың Өзи ҳәм бизлерди сүйип, мийримшәпәәти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳәм жақсы үмит берген Әкемиз Қудай
17. сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳәр қандай жақсы исте де, сөзде де күш-қуўат берсин.
1. Қулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сөзи сизлердиң араңызда қалай жайылған болса, еле де солай тезлик пенен жайылып, ҳүрметке бөлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер.
2. Жаман ҳәм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Өйткени адамлардың ҳәммеси исениўши емес.
3. Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды.
4. Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳәм ислейтуғыныңызға исенемиз.
5. Ийемиз жүреклериңизди Қудайдың сүйиспеншилигине ҳәм Масихтың сабырлылығына қарай жетелесин.
6. Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тәлийматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер!
7. Бизлерден қалай өрнек алыўыңыз керек екенлигин өзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз.
8. Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик.
9. Жәрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, өрнек болыўымыз ушын усылай иследик.
10. Ҳәтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қәлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген еди.
11. Өйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз.
12. Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масихтың аты менен жалбарынамыз ҳәм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, өз нанын өзи таўып жесин.
13. Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар.
14. Егер бул хаттағы сөзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер.
15. Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер.
16. Тынышлық бериўши Ийемиздиң Өзи сизлерге ҳәмме ўақытта, ҳәр қандай жағдайда тынышлық берсин. Ийемиз ҳәммеңизге яр болсын!
17. Мен, Павел, бул сәлемди өз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳәр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман.
18. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.