Мухаддес Китап
Аян
2. Юхан Қудайдың сөзин ҳәм Ийса Масихтың гүўалығын, яғный өзи көрген нәрселериниң ҳәммесин баян етти.
3. Бул пайғамбаршылық сөзлерди оқыйтуғын ҳәм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын.
4. Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жәмәәтке сәлем! Ҳәзир бар, бурыннан бар болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын Қудайдан, Оның тахты алдында турған жети руўхтан,
5. исенимли гүўа болған, өлилер арасынан биринши болып тирилген ҳәм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масихтан мийрим ҳәм тынышлық сизлерге берилсин! Ийса Масих бизлерди сүйип, Өз қаны менен бизлерди гүналарымыздан азат қылды
6. ҳәм бизлерди Өз Патшалығына еристирип, Әкеси Қудайдың хызметиндеги руўханийлери етти. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Оныки болсын! Аўмийин.
7. «Мине, Ол бултлар менен келмекте! Ҳәр бир көз Оны көреди, Оның денесин тескенлер де көреди. Жер жүзиниң барлық халықлары, Ол себепли өкирип жылайды» .Аўа, усылай болады, аўмийин.
8. Ҳәзир бар, бурыннан болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: «Мен – Альфа ҳәм Омегаман».
9. Мен, Ийсаның қайғы-ҳәсиретине, патшалығына ҳәм сабырлығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Қудайдың сөзин ҳәм Ийса ҳаққында жәриялағаным ушын Патмос атлы атаўға сүргин етилген едим.
10. Ийемиздиң күнинде, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кәрнайдың даўысына уқсаған бәлент бир даўысты еситтим.
11. «Көрип турғанларыңды китапқа жаз ҳәм жети жәмәәтке, яғный Ефес, Смирна, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳәм Лаодикияға жибер», – деди даўыс.
12. Сөйлеп турғанды көриў ушын, мен арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты көрдим.
13. Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, көкирегине алтын өңирше байлаған Адам Улына уқсаған биреў тур еди.
14. Оның басы ҳәм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Көзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди.
15. Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди.
16. Ал оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли өткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди.
17. Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди: – Қорқпа! Мен – биринши ҳәм соңғыман.
18. Мен тиримен. Өлген едим, бирақ, мине, мәңгиге тиримен. Өлимниң ҳәм өлилер мәканының гилтлери Мениң қолымда.
19. Сонлықтан көргенлериңди, ҳәзир жүз берип атырған нәрселерди ҳәм буннан соң болатуғынларды жаз.
20. Оң қолымда сен көрген жети жулдыздың ҳәм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жәмәәттиң жетекшилери, жети шыра қойғыш – жети жәмәәт.
2. «Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, өзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳәм олардың өтирикши екенин билип алдың.
3. Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳәм шаршамадың.
4. Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың.
5. Солай етип, не нәрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тәўбе қылып, дәслепки ислериңди даўам ет. Егер тәўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман.
6. Деген менен, сенде бир унамлы қәсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек көресең. Оларды Мен де жек көремен.
7. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Қудайдың жәннетиндеги өмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен».
8. – Смирна жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Өлип, өлимнен қайта тирилген, биринши ҳәм соңғы болған былай дейди:
9. «Сениң қайғы-ҳәсиретиңди ҳәм кәмбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Өзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сөзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны.
10. Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Өлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған өмир тажын беремен.
11. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши өлимнен ҳеш қандай зәлел көрмейди».
12. – Пергам жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Еки жүзли өткир қылышқа ийе болған былай дейди:
13. «Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳәтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде өлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың.
14. Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Билам тәлийматын тутыўшылар бар. Бутқа сойылған қурбанлық гөшин жеўге ҳәм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Билам Балакқа Израил халқын жолдан урыўды үгитлеген еди.
15. Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тәлийматын тутыўшылар да бар.
16. Бул ушын тәўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман.
17. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна ҳәм бир ақ тас та беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди».
18. – Тиатира жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Көзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Қудайдың Улы былай дейди:
19. «Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен көбирек екенин де билемен
20. Деген менен, саған бир қарсылығым бар: өзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға жол қойып атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳәм бутларға сойылған қурбанлық гөшин жеўге үйретпекте.
21. Тәўбе етиўи ушын оған мәўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тәўбе етиўди қәлемейди.
22. Мине, Мен оны кеселлик төсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен биргеликте ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳәсиретке дуўшар етемен.
23. Оның изине ергенлерди де өлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жәмәәтлер Мениң кеўил ҳәм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳәр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман.
24. Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тәлийматын тутпай, „шайтанның тәлийматының терең сырларын“ үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў:
25. „Мен келемен дегенше, өзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман.
26. Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен.
27. „Ол оларды темир таяқ пенен басқарып, Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“ .Әкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады.
28. Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен.
29. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
2. Сергек бол! Еле өлмей қалған, енди өлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Қудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин көрдим.
3. Сонлықтан өзиң қабыл алып еситкен тәлийматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тәўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен, саған қашан келетуғынымды билмей қаласаң.
4. Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда, ипласланбаған айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Өйткени олар усыған ылайықлы.
5. Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Өмир китабынан ҳеш қашан өширмеймен. Әкемниң ҳәм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тән аламан.
6. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
7. – Филадельфия жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Мухаддес ҳәм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди:
8. «Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сөзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң.
9. Қара, шайтанның жыйынынан болғанларды, өзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған өтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳәм сениң аяғыңа бас урыўға мәжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды көрсетемен.
10. Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман.
11. Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, өзиңде бар нәрсеге беккем бол.
12. Жеңип шыққанды Қудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Қудайымның атын, Қудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Қудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳәм Өзимниң жаңа атымды жазаман.
13. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
14. – Лаодикия жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Аўмийин, садық ҳәм ҳақыйқый гүўа, Қудайдың жаратқанларының Ҳүкимдары былай дейди:
15. «Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Қәне енди, я суўық, я ыссы болсаң!
16. Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени аўзымнан қусып жиберемен.
17. Байман, байыдым, ҳеш нәрсеге мүтәж емеспен, дейсең. Бирақ өзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳәм жалаңаш екенлигиңди билмейсең.
18. Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мәсләҳәтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы көринбеў ушын ақ кийимлер, көриўиң ушын көзлериңе сүртетуғын дәри сатып ал.
19. Мен сүйгенлеримниң ҳәммесин әшкара етип, тәрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тәўбе ет.
20. Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз.
21. Мен жеңип шығып, Әкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен.
22. Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
2. Сонда мен дәрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахты ҳәм онда Отырғанды көрдим.
3. Тахтта Отырғанның көриниси яспис, сардис сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахтың әтирапын жарқыраған ҳасыл зумрат тасы сыяқлы радуга қоршап турған еди.
4. Тахтың дөгерегинде басқа жигирма төрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма төрт ақсақал отырған еди.
5. Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахтың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Қудайдың жети руўхы.
6. Және тахтың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың төрт тәрепинде, яғный дөгерегинде алды-арты көзге толған төрт мақлуқ турған еди.
7. Олардың бириншиси арысланға, екиншиси бузаўға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, төртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди.
8. Ҳәр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған көз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳәзир бар ҳәм келешекте бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди.
9. Төрт мақлуқ мәңги өмир сүретуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет көрсетип шүкирлик билдирген сайын,
10. жигирма төрт ақсақал тахтың үстинде отырған мәңги өмир Сүретуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахтың алдына қойып былай деди:
11. «Қудай Ийемиз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳәм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳәмме нәрсени Сен жаратқансаң. Ҳәммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳәм бар болды».
2. Және мен бәлент даўыс пенен жәриялап бақырған бир күшли периштени де көрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мөрлерди бузып, китапты ашыўға ылайықлы?» – деди.
3. Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады.
4. Китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым.
5. Сонда ақсақаллардың бири маған: – Жылама! Қара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Урпағы жеңип шықты! Ол бекитилген мөрлерди бузып, китапты аша алады, – деди.
6. Сол ўақытта мен төрт мақлуқ пенен ақсақаллар қоршап турған тахтың ортасында баўызланғанға уқсаған бир Қозыны көрдим. Қозының жети мүйизи ҳәм жети көзи бар еди. Бул көзлер – Қудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы.
7. Қозы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан китапты алды.
8. Қозы китапты алғанда, төрт мақлуқ ҳәм жигирма төрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳәр бириниң қолында тарлы әсбап ҳәм хош ийисли затларға толған алтын кеселер бар еди. Бул хош ийисли затлар мухаддеслердиң дуўаларын билдиреди.
9. Олар жаңа алғысмақтаў қосығын айтып былай деди: «Сен китапты алыўға ҳәм бекитилген мөрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң! Өйткени Сен Өзиңди қурбан еттиң ҳәм ҳәр бир урыў, тил, Халық ҳәм миллеттен шыққан адамларды Қудайға арнаў ушын, Өз қаныңды төгип, олардың төлемлерин өтедиң.
10. Оларды патшалығыңа еристирип, Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың. Олар жер жүзинде ҳәкимлик етеди».
11. Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳәм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мыңлаған, миллионлаған периштелерди көрдим ҳәм олардың даўысларын еситтим.
12. Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Қозы күш, байлық, даналық, қүдирет, Ҳүрмет, даңқ ҳәм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы».
13. Және мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳәм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта отырған ҳәм Қозы Алғыс-мақтаўға, ҳүрметке, даңққа Ҳәм қүдиретке мәңгиге ийе болсын!»
14. Төрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма төрт ақсақал жерге жығылып табынды.
2. Мен қарап, бир ақ атты көрдим. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, және жеңиске ерисиўге атланды.
3. Қозы бекитилген екинши мөрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим
4. Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин өлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди.
5. Қозы бекитилген үшинши мөрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир қара атты көрдим. Атқа мингенниң қолында пәлле тәрези бар еди.
6. Төрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зәйтүн майына ҳәм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим+.
7. Қозы бекитилген төртинши мөрди бузып ашқанда, төртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим.
8. Мен қарап, ақшыл сур атты көрдим. Атқа мингенниң аты өлим болып, оның изинен биреў ерип киятыр еди. Бул – өлилер мәканы еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды өлтириў ушын, дүньяның төрттен бир бөлегиниң үстинен бийлик берилди.
9. Қозы бекитилген бесинши мөрди бузып ашқанда, қурбанлық шалынатуғын орынның астында Қудайдың сөзи ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары ушын өлтирилгенлердиң жанларын көрдим.
10. Олар бәлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳәм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашан жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан төгилген қанымыз ушын өш аласаң?»
11. Сонда олардың ҳәр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы өлтирилетуғын өзлериңиздей хызметшилердиң ҳәм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди.
12. Қозы бекитилген алтыншы мөрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған қаптай, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти.
13. Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған әнжир ағашынан төгилген писпеген мийўелер сыяқлы жерге түсти.
14. Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳәр бир таў ҳәм атаў орнынан көширилди.
15. Сонда дүньяның патшалары, ҳәмелдарлары, әскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳәм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды.
16. Олар таўлар ҳәм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахтың үстинде Отырғаннан ҳәм Қозының ғәзебинен бизлерди жасыра гөриң!
17. Себеби олардың қәҳәрли ғәзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.
2. Мен және шығыстан көтерилип киятырған, тири Қудайдың мөрине ийе басқа бир периштени көрдим. Ол жерге ҳәм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген төрт периштеге бәлент даўыс пенен бақырып:
3. «Бизлер Қудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мөр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳәм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди.
4. Сонда мен маңлайларына мөр басылғанлардың саны бир жүз қырық төрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди.
5. Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың,
6. Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың,
7. Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың,
8. Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мөр басылды.
9. Буннан соң қарасам, ҳәр түрли миллеттен, ҳәр түрли урыўдан, ҳәр түрли халықтан ҳәм ҳәр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳәм Қозының алдында тур еди. Ҳәммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди.
10. Олар бәлент даўыс пенен: «Қутқарыў тахт үстинде отырған Қудайымыздың ҳәм Қозының қолында», – деп бақырып турған еди.
11. Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳәм төрт мақлуқтың дөгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Қудайға табынып былай деди:
12. «Аўмийин. Алғыс, даңқ, даналық, Мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет Мәңгиге Қудайымыздики болсын. Аўмийин».
13. Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады.
14. Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Қозының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар.
15. Сонлықтан олар Қудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күнитүни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Өз панасында сақлайды.
16. Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳәм шөллемейди, қуяш ямаса жәзийрама ыссы оларды күйдирмейди.
17. Өйткени тахтың ортасында болған Қозы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды.
2. Сонда мен Қудайдың алдында турған жети периштени көрдим. Оларға жети кәрнай берилди.
3. Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық шалынатуғын орында турды. Оның қолында хош ийисли затларды түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң* дуўаларына қосып, тахтың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлаў ушын, көп муғдарда хош ийисли затлар берилди.
4. Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге хош ийисли затлардың түтини периштениң қолынан көтерилип, Қудайдың алдына жетип барды.
5. Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди.
6. Жети периште қолларындағы жети кәрнайды шертиўге таярланды.
7. Биринши периште кәрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳәм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳәм жасыл шөплердиң ҳәммеси жанып кетти.
8. Екинши периште кәрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нәрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды.
9. Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири өлди ҳәм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды.
10. Үшинши периште кәрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дәрьялардың үштен бир бөлегине ҳәм суў булақларының үстине түсти.
11. Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бөлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың көбиси өлип қалды.
12. Төртинши периште кәрнайын шертти. Қуяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳәм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳәм түнниң үштен бир бөлеги жақтысыз қалды.
13. Мен соңынан қарап, аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркиттиң бәлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳәсирет, ҳәсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳәсирет шегеди! Себеби кәрнайларын шертетуғын қалған үш периште кәрнай шертиўге таяр тур!»
2. Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳәм ҳаўа қараңғыланып кетти.
3. Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди.
4. Шегирткелерге жердеги көк шөплерге, өсимликлерге ҳәм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Қудайдың мөри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды.
5. Оларға бул адамларды өлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды.
6. Сол күнлери адамлар өлим излейди, бирақ таба алмайды. Өлиўди аңсайды, бирақ өлим олардан қашып кетеди.
7. Шегирткелердиң көриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди.
8. Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди.
9. Көкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди.
10. Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳәм ийнелери бар еди. Қуйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди.
11. Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Аббадон, ал грекше аты Аполлион еди.
12. Биринши ҳәсирет өтти, мине, буннан соң және еки ҳәсирет келмекте.
13. Алтыншы периште кәрнайын шертти. Сонда мен Қудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынның төрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим.
14. Даўыс қолында кәрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дәрьясының жанында байлаўлы турған төрт периштени босатып жибер», – деди.
15. Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳәм сол жыл ушын таяр турған төрт периште адамлардың үштен бирин өлтириў ушын босатылып жиберилди.
16. Олардың атлы әскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим.
17. Аянымда көрген атлар менен атлылардың көриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қара көкшил ҳәм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳәм күкирт шығып турған еди.
18. Адамзаттың үштен бири усы үш бәледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳәм күкирттен өлди.
19. Өйткени атлардың күши аўызларында ҳәм қуйрықларында еди. Қуйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди.
20. Усы бәлелерден өлмей қалған адамлар өз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпеди. Олар я көре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳәм ағаштан исленген бутларға ҳәм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди.
21. Және де адам өлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳәм урлық ислеўди қойып, тәўбе етпеди.
2. Оның қолында ашылған бир китапша бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып,
3. арысланның ақырғанына уқсаған бәлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди.
4. Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим.
5. Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын өзим көрген сол периште оң қолын аспанға көтерди.
6. Ол аспанды ҳәм аспандағылардың ҳәммесин, жерди ҳәм жердегилердиң ҳәммесин, теңизди ҳәм теңиздегилердиң ҳәммесин жаратқан мәңги тири Қудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады.
7. Бирақ, жетинши периште кәрнайын шертетуғын күнлерде Қудайдың Өз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы әмелге асады», – деди.
8. Өзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен және сөйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳәм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди.
9. Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди.
10. Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты.
11. Соңынан маған былай делинди: «Сен және көп халықлар, миллетлер, тиллер ҳәм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».
2. Ал Ибадатхананың сыртқы ҳәўлисин өлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады.
3. Мен Өзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады.
4. Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Қудай алдында турған еки зәйтүн ағашын ҳәм еки шыра қойғышты билдиреди.
5. Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай өлтириледи.
6. Бул еки гүўа өзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Және олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қәлесе, жер жүзин сонша ҳәр түрли бәлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар.
7. Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳәм оларды жеңип өлтиреди.
8. Олардың өлиги тымсалый түрде Содом ҳәм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың көшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси Ийса да сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди.
9. Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳәм миллетлердиң адамлары олардың өлигине қарап, денелерин қәбирге қойыўға рухсат етпейди.
10. Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳәм бир-бирине саўғалар жибереди. Өйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди.
11. Бирақ үш ярым күннен соң, Қудайдан келген өмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны көргенлерди күшли қорқыныш бийледи.
12. Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бир даўыстың өзлерине: «Бул жерге көтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының көз алдында бир булт үстинде аспанға көтерилип кетти.
13. Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳәм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Қудайды алғыслады.
14. Екинши ҳәсирет өтти. Мине, үшинши ҳәсирет жақынлап келмекте.
15. Жетинши периште кәрнайын шертти. Аспаннан бәлент даўыслар еситилип: «Дүнья жүзи патшалығы Қудай Ийемиздики ҳәм Оның Масихыники болды. Ол мәңгиге патшалық етеди», – деди.
16. Қудайдың алдында өз тахтларында отырған жигирма төрт ақсақал жерге бас урып, Қудайға табынды ҳәм былай деди:
17. «Ҳәмме нәрсеге қүдиретли, Бар болған ҳәм ҳәзир де бар Қудай Ийемиз! Саған шүкирлик етемиз. Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың.
18. Усы себепли, миллетлер ашыўға минген еди. Енди болса, Сениң ғәзебиң олар үстине жаўды. Өлилерди ҳүким етиў, Хызметшилериң болған пайғамбарларға, Мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын үлкен-кишиге сыйлық бериў ҳәм Жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың келди».
19. Сонда Қудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳәм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы көринди. Сол ўақытта шақмақ шағып, даўыслар ҳәм гүлдирмаманың гүркирегени еситилди. Жер силкинип, күшли буршақ жаўды.
2. Ҳаял ҳәмледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди.
3. Соңынан аспанда басқа бир кәраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа көринди.
4. Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды.
5. Ҳаял ул туўды. Бул бала барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқарады. Бала дәрҳал Қудайға, Қудайдың тахтына алып келинди.
6. Ал ҳаял шөлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Қудай тәрепинен таярланған бир орын бар еди.
7. Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳәм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да өз периштелери менен оларға қарсы урысса да,
8. күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды.
9. Үлкен айдарҳа, әзәзүл ямаса шайтан деп аталған, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды.
10. Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети, патшалығы Ҳәм Масихының ҳүкимдарлығы енди орнады. Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни Айыплаған шайтан жерге ылақтырылды.
11. Туўысқанларымыз Қозының қаны менен Ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди. Бул ушын олар өз жанларын өлимге қыйды.
12. Сонлықтан, ҳәй, аспан ҳәм онда жасаўшылар шадланыңлар! Ал жер ҳәм теңиз сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби шайтан қәҳәрли түрде үстилериңизге түсти. Ол өз ўақтының аз қалғанын биледи».
13. Айдарҳа өзиниң жерге ылақтырылғанын көргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти.
14. Ҳаялдың жыланнан шөлдеги өзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, оған үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде үш ярым жыл бағылыўы лазым еди.
15. Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дәрьядай суў ағызды.
16. Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жәрдем етти.
17. Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қәҳәрленди. Ол ҳаял нәсилинен болған басқалар менен, яғный Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийса Масихтың гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды.
18. Айдарҳа теңиз жағасында турып алды.
2. Мен көрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған өз қүдирети ҳәм тахты менен бирликте үлкен бийлик те берди.
3. Жыртқыш ҳайўанның басларының бири өлимши ҳалда жарақатланғандай болып көринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти.
4. Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди.
5. Өзин мақтап, Қудайға тил тийгизетуғын сөзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол және қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды.
6. Қудайға, Оның аты менен мәканына ҳәм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сөйлей баслады.
7. Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳәр бир урыў, ҳәр бир халық, ҳәр бир тил ҳәм ҳәр бир миллет үстинен бийликке ийе болды.
8. Дүньяға тийисли адамлардың ҳәммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Қозының Өмир китабында аты жазылмаған ҳәр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды.
9. Қулағы бар мыналарды еситип алсын:
10. «Кимниң тәғдирине тутқын болыў жазылса, Ол тутқынға түседи. Кимниң тәғдирине қылыш пенен өлтирилиў жазылса, Ол қылыш пенен өлтириледи» . Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады.
11. Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды көрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сөйлейтуғын еди.
12. Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳәрекет етти. Жер жүзин ҳәм онда жасайтуғынларды өлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мәжбүрледи.
13. Ол үлкен кәраматлар ислеп, ҳәтте, адамлардың көз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды.
14. Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлар* арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды.
15. Биринши жыртқыш ҳайўанның буты тилге кирип, өзине табынбағанлардың ҳәммесин өлтириўди буйырсын деп, оған биринши жыртқыш ҳайўанның бутына жан бериў ушын қүдирет берилди.
16. Ол ҳәр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мәжбүрледи.
17. Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нәрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да.
18. Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Өйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.
2. Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес тарлы әсбап шертиўшилердиң шығарған сестине уқсаған еди.
3. Усы бир жүз қырық төрт мың адам тахтың, төрт мақлуқтың ҳәм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны өтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди.
4. Булар – Ийемизге садық қалып, бутларға табынбаған пәк адамлар еди. Қозы қаяққа барса, олар Оның изине ереди. Олар Қудайдың ҳәм Қозының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар.
5. Аўызларынан жалған сөз шықпаған олар – минсиз адамлар.
6. Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени көрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳәр бир миллет ҳәм урыўға, ҳәр бир тил ҳәм халыққа жәрияланатуғын мәңги Хош Хабарға ийе еди.
7. Ол бәлент даўыс пенен: «Қудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳәм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди.
8. Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Қулады! Өз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон қулады!»
9. Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бәлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе,
10. ол Қудайдың қәҳәрли ғәзеп кесесинде таярланған Қудайдың ғәзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳәм Қозының алдында от ҳәм жанып турған күкирттен азап шегеди.
11. Оларға азап беретуғын оттың түтини шексиз бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық көрмейди.
12. Сол ўақытта Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң* сабырлығы керек болады».
13. Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, олар мийнетлериниң рәҳәтин көреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды», – дейди Мухаддес Руўх.
14. Соңынан мен қарап, бир ақ бултты көрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында өткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди.
15. Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бәлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Өйткени жердиң зүрәәти писип жетилисти», – деди.
16. Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳәм жердиң зүрәәти орылды.
17. Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да өткир орағы бар еди.
18. Ал от үстинен бийликке ийе басқа бир периште қурбанлық шалынатуғын орыннан шығып, өткир орақлыға бәлент даўыс пенен: «Өткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйна. Себеби жүзим писти», – деди.
19. Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрәәтин жыйнап алды. Оны Қудайдың ғәзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды.
20. Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым жерге дейин барды ҳәм атлардың жүўенлерине шекем көтерилди.
2. Сонда от аралас шийше теңиз сыяқлы бир нәрсени көрдим. Ҳайўанның, оның мүсининиң ҳәм атының саны үстинен жеңиске ерискенлер қолларына Қудайдың берген тарлы әсбапларын алып, шийше теңиздиң үстинде турған еди.
3. Олар Қудайдың хызметшиси Муўсаның ҳәм Қозының қосығын айтып турған еди: «Ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийе, Сениң ислериң уллы ҳәм әжайып, О, миллетлер Патшасы! Сениң жолларың ҳақыйқат ҳәм әдил.
4. Ийем, Сеннен қорқпайтуғын, Атыңды алғысламайтуғын ким бар? Себеби тек жалғыз Сен ғана мухаддессең. Пүткил миллетлер келип, Сениң алдыңда табынады. Өйткени Сениң әдил ислериң аян болды».
5. Буннан соң мен қарап, аспандағы Ибадатхананың, яғный Гүўалық шатырының ашылғанын көрдим.
6. Қолында жети бәле бар жети периште жарқыраған аппақ кийим кийип, көкиреклерине алтын өңирше байлап, Ибадатханадан шықты.
7. Төрт мақлуқтың бири жети периштеге мәңгиге жасаўшы Қудайдың қәҳәрли ғәзебине толы жети алтын кесе берди.
8. Ибадатхана Қудайдың уллылығының ҳәм қүдиретиниң түтини менен толып кетти. Жети периштениң жети бәлеси тамамланбағанша, ҳеш ким Ибадатханаға кире алмады.
2. Сонда биринши периште барып, кесени жерге төкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды.
3. Екинши периште кесесин теңизге төкти. Теңиз өлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды.
4. Үшинши периште кесесин дәрьяларға ҳәм суў булақларына төкти. Олар да қанға айланды.
5. Суўлар үстинен ҳәкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим: «Ҳәзир бар ҳәм бурыннан бар болған мухаддес Қудайымыз! Сениң шығарған бул ҳүкимлериң әдил.
6. Мухаддеслердиң ҳәм пайғамбарлардың қанын төккени ушын, Сен оларға қан ишкиздиң. Буған олар ылайықлы.
7. Сонда мен қурбанлық шалынатуғын орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Аўа, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз, Сениң ҳүкимлериң туўры ҳәм әдил».
8. Төртинши периште кесесин қуяшқа төкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди.
9. Адамларды күшли ҳәўир күйдирип жиберди. Олар тәўбе етпеди ҳәм усы бәлелердиң үстинен бийликке ийе болған Қудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди.
10. Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине төкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи.
11. Бирақ олар жаман ис-ҳәрекетлери ушын тәўбе етпей, көрип атырған азаплары ҳәм жаралары себепли, аспандағы Қудайға тил тийгизди.
12. Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дәрьясына төкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дәрьяның суўы қурып қалды.
13. Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳәм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты көрдим.
14. Бул руўхлар – кәраматлар ислейтуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды.
15. «Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – (деди Ийемиз Ийса).
16. Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады.
17. Жетинши периште кесесин ҳаўаға төкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бәлент бир даўыс: «Орынланды», – деди.
18. Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес.
19. Уллы қала үшке бөлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Қудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Өзиниң қәҳәрли ғәзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди.
20. Барлық атаўлар орнынан көшип, таўлар жоқ болып кетти.
21. Аспаннан адамлардың үстине ҳәр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бәле ушын Қудайға тил тийгизди.
2. Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мәс болған еди.
3. Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шөлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Қудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды көрдим.
4. Ҳаял қызғылт көк ҳәм қымбатлы қызыл липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нәрселерге ҳәм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди.
5. Ал маңлайына болса: «УЛЛЫ БАБИЛОН, ДҮНЬЯНЫҢ БУЗЫҚЛАРЫНЫҢ ҲӘМ ЖЕРКЕНИШЛИ НӘРСЕЛЕРИНИҢ АНАСЫ», деген сырлы ат жазылған еди.
6. Ҳаялдың мухаддеслердиң ҳәм Ийса ҳаққында гүўалық берип өлгенлердиң қанына мәс екенин көрдим. Буны көрип, мен қатты таң қалдым.
7. Периште маған былай деди: – Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳәм оны көтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен.
8. Сен көрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳәзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Өмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды көргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ және келеди.
9. Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳәм жети патшаны билдиреди.
10. Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды.
11. Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның өзи сегизинши патша. Алдыңғы жети патшаның бири болған ол набыт болады.
12. Сен көрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт патшалық етиў ушын бийлик алады.
13. Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳәм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди.
14. Олар Қозыға қарсы урысады, бирақ Қозы оларды жеңеди. Өйткени Қозы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳәм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳәм Оған садық қалғанлар.
15. Соңынан периште маған былай деди: – Мына сен көрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳәм тиллер.
16. Сен көрген он шақ ҳәм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек көрип, оның ҳәмме нәрсесин талан-тараж етеди ҳәм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, өзин отқа жандырады.
17. Себеби Қудай Өзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Қудайдың сөзлери орынланыўға дейин олар өз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға береди.
18. Сен көрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳәкимлик ететуғын уллы қала.
2. Периште қатты даўыслап былай деди: «Қулады! Уллы Бабилон қулады! Ол енди жинлердиң мәканы, Ҳәр түрли жаўыз руўхлардың ордасы, Ҳәр қыйлы ҳарам ҳәм жеркенишли қуслардың уясы болды.
3. Өйткени барлық миллетлер оның бузықшылығының күшли шарабын ишти. Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи. Дүньяның саўдагерлери де оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти».
4. Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳәй, халқым! Оның гүналарына шерик болып, Ол дуўшар болған бәлелерге дуўшар болмаўың ушын, оннан шығып кет!
5. Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти, Қудай оның жаман ислерин ядында сақлады.
6. Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар. Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар, Өзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер.
7. Ол қаншама сән-салтанатқа ҳәм молшылыққа бөленген болса, оған соншама қайғы-ҳәсирет бериңлер. Өйткени ол өз кеўлинде: „Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен. Ҳеш қашан қайғы көрмеймен“, – дейди.
8. Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийемиз қүдиретли»+.Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийемиз қүдиретли».
9. Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бөлискен дүньяның патшалары ол жанып атырған оттың түтинин көргенде, оны азалап жылайды.
10. Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала, күшли қала Бабилон! Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди.
11. Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Өйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ.
12. Олар алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, баҳалы гезлеме, жипек, қызғылт көк ҳәм қырмызы гезлемелерди, ҳәр түрли хош ийисли ағашларды, пил сүйегинен исленген затларды, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нәрселерди, қола, темир ҳәм мәрмерден исленген ҳәр қыйлы буйымларды,
13. дәмли қабық, мазалы дәм беретуғын нәрселерди, хош ийисли түтеткилерди, әтир май, әтир, шарап, зәйтүн майы, сапалы ун ҳәм бийдай, ири қара мал ҳәм қойлар, атлар ҳәм арбалар, қулларды, және де адам жанын сататуғын ҳәм сатып алатуғын еди.
14. Олар және: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳәм көзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди.
15. Бабилонда усы нәрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳәм узақта турып, жылап аза тутады.
16. Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала! Баҳалы гезлеме, қызғылт көк ҳәм қырмызы липаслар кийген, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген уллы қала!
17. Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды». Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемеде ислейтуғынлар ҳәм теңизден күн көретуғынлардың ҳәммеси узақта турып,
18. ол жанған оттың түтинин көргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды.
19. Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала! Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳәммеси ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди. Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды.
20. Қуўаныңлар Бабилонның аўҳалына, Ҳәй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳәм пайғамбарлар! Себеби Қудай оны ҳүким етип, сизлер ушын өш алды».
21. Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты көтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон! Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып, мәңгиге жоқ болады.
22. Ендигиден былай, сенде тарлы әсбап шертиўшилердиң, қосықшылардың, сырнай ҳәм кәрнай шертиўшилердиң даўыслары ҳеш қашан еситилмейди. Сенде қайтып ҳеш бир өнердиң устасы табылмайды, дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди.
23. Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды. Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди. Өйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып, пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди.
24. Және де, пайғамбарлардың, мухаддеслердиң ҳәм жер жүзинде өлтирилгенлердиң ҳәммесиниң қаны сеннен табылған еди».
2. Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳәм әдил. Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған Уллы бузық ҳаялды ҳүким етип, Өз хызметшилериниң қаны ушын оннан өш алды».
3. Олар және даўыслап былай деди: «Ҳалилуйя! Бузық ҳаялдың жанған отының түтини Мәңгиге бурқырап турады».
4. Сонда жигирма төрт ақсақал ҳәм төрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деди де, тахт үстинде отырған Қудайға табынды.
5. Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди: «Ҳәй, Қудайымыздың барлық хызметшилери! Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳәммеңиз, Оны алғыслаңлар!»
6. Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳәм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз патшалық етеди.
7. Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳәм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз патшалық етеди.
8. Оған кийиў ушын, Таза, жарқыраған аппақ көйлек берилди». Таза, аппақ көйлек – мухаддеслердиң ҳақ ислерин билдиреди.
9. Сонда периште маған: – Былай деп жаз: «Қозының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди. Ол және: – Бул сөзлер – Қудайдың ҳақыйқат сөзлери, – деди.
10. Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен ҳәм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын! Өйткени Ийсаның гүўалығы – Мухаддес Руўх тәрепинен илҳамландырылған пайғамбаршылық сөзлериниң тийкары , – деди.
11. Буннан соң, мен аспанның ашылғанын көрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң аты Садық ҳәм Ҳақыйқат еди. Ол әдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди.
12. Оның көзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса көп санлы таж бар еди. Онда Өзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди.
13. Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Қудайдың Сөзи еди.
14. Таза ҳәм аппақ кийим кийген аспан ләшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди.
15. Оның аўзынан өткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди өлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳәм ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың қәҳәрли ғәзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Өзи басады.
16. Оның кийиминде ҳәм санында: «ПАТШАЛАР ПАТШАСЫ ҲӘМ ҲҮКИМДАРЛАР ҲҮКИМДАРЫ», деген ат жазылған еди.
17. Соңынан мен қуяшта турған бир периштени көрдим. Ол бәлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди:
18. «Патшалардың, әскербасылардың ҳәм күшли адамлардың, атлардың ҳәм атқа мингенлердиң, азат-қуллардың, үлкен-киши ҳәммениң өлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Қудайдың уллы зыяпатына келиңлер».
19. Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳәм олардың ләшкерлерин көрдим. Олар атта Отырған менен ҳәм Оның ләшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди.
20. Жыртқыш ҳайўан ҳәм оның алдында кәраматлар ислеген жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды өз кәраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от көлине тирилей ылақтырылды.
21. Ал қалғанлар атта Отырғанның аўзынан шыққан қылыш пенен өлтирилди. Барлық қуслар олардың өлигиниң етин жеп тойды.
2. Периште айдарҳаны, яғный әзәзүл ҳәм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады.
3. Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мөрлеп таслады. Мың жыл өткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис.
4. Соңынан мен тахтларды ҳәм оларда отырғанларды көрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳәм Қудайдың сөзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да көрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳәм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масих пенен бирге мың жыл патшалық етти.
5. Бул – биринши қайта тирилиў. Қалған өлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди.
6. Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳәм мухаддес. Екинши өлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Қудайдың ҳәм Масихтың руўханийлери болып, Оның менен бирликте мың жыл патшалық етеди.
7. Мың жыл өткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи.
8. Жер жүзиниң төрт мүйешиндеги миллетлерди, Гог ҳәм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады.
9. Олар жер жүзин басып өтип, мухаддеслердиң мәканы болған Қудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди.
10. Ал оларды азғырған шайтан от ҳәм күкирт көлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳәм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мәңгиге азап шегеди.
11. Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳәм тахтта Отырғанды көрдим. Жер ҳәм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти.
12. Тахттың алдында турған үлкен-киши өлилерди де көрдим. Соңынан бир китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Өмир китабы еди. Өлилер китапларда жазылғанлар бойынша, өз ислерине қарай ҳүким етилди.
13. Теңиз өзинде болған өлилерди, өлим ҳәм өлилер мәканы да өзлеринде болған өлилерди шығарып берди. Ҳәр бири өз ислерине қарай ҳүким етилди.
14. Өлим ҳәм өлилер мәканы от көлине ылақтырылды. Бул от көли – екинши өлим.
15. Атлары Өмир китабында жазылмағанлардың ҳәммеси от көлине ылақтырылды.
2. Және мен аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди көрдим. Ол өз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди.
3. Сонда тахттан шыққан бир бәлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайдың мәканы адамлар арасында. Қудай да олардың арасында жасайды. Олар Қудайдың халқы болады, Қудайдың Өзи де олардың Қудайы болып, олар менен бирге жасайды.
4. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Енди өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Өйткени бурынғылар өтип кетти».
5. Тахтта Отырған: – Енди ҳәммесин жаңалайман, – деди. Ол және маған: – Мынаны жаз: себеби бул сөзлер исенимли ҳәм ҳақыйқат, – деди.
6. Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман. Шөллеген адамға өмир суўының булақларынан ешейин суў беремен.
7. Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Қудайы боламан, ол Маған перзент болады.
8. Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам өлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳәм барлық өтирикшилердиң орны – күкирт жанған от көли болады. Бул – екинши өлим.
9. Соңынан ақырғы жети бәлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип: – Берман кел. Мен саған Қозының қалыңлығын көрсетемен. Ол Қозының болажақ келиншеги, – деди.
10. Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳәм бийик бир таўға көтерди. Ол жерден маған аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди көрсетти.
11. Қала Қудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мөлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди.
12. Қаланың үлкен ҳәм бийик дийўаллары болып, он еки дәрўазасы бар еди. Дәрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дәрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди.
13. Шығыста үш дәрўаза, арқада үш дәрўаза, қублада үш дәрўаза, батыста үш дәрўаза бар еди.
14. Қаланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Қозының он еки елшисиниң атлары жазылған еди.
15. Мениң менен сөйлескен периштениң қолында қаланы ҳәм қаланың дәрўазалары менен дийўалларын өлшеў ушын, өлшейтуғын алтын таяқ бар еди.
16. Қала төрт мүйеш тәризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы өлшейтуғын таяқ пенен өлшегенде, узынлығы, ени ҳәм бийиклиги бирдей болып, ҳәр бир тәрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты.
17. Периште дийўалларды да өлшеп шықты. Адамның өлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр болып шықты.
18. Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мөлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди.
19. Қала дийўалларының тийкар таслары ҳәр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси көк сапфир, үшиншиси халкидон, төртиншиси жасыл зумрат,
20. бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси көк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси көк яқыт, он екиншиси қызғылт көк аметист.
21. Он еки дәрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳәр бир дәрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Қаланың көшеси мөлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди.
22. Мен қалада Ибадатхана көрмедим. Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз ҳәм Қозы қаланың Ибадатханасы еди.
23. Қаланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Қудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Қозы оның шырасы еди.
24. Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары өз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди.
25. Қаланың дәрўазалары ҳәр қашан ашық турады, өйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды.
26. Адамлар өз миллетиниң даңқсалтанатын ҳәм абырайын ол жерге алып келеди.
27. Оған ҳеш қандай ҳарам нәрсе, жеркенишли ҳәм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Қозының Өмир китабында жазылғанлар ғана киреди.
2. қаланың кең көшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын өмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди.
3. Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Қудайдың ҳәм Қозының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди.
4. Олар Қудайдың жүзин көреди, маңлайларына Оның аты жазылады.
5. Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Қудай Ийемиздиң Өзи оларға жақты болады ҳәм олар мәңгиге патшалық етеди.
6. Соңынан периште маған былай деди: – Бул сөзлер – исенимли ҳәм ҳақыйқат. Өз пайғамбарларына Руўхын берген Қудай Ийемиз жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Өз периштесин жиберди.
7. «Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса.
8. Мен – усыларды еситкен ҳәм көрген Юханман. Буларды еситип ҳәм көргенимде, усыларды маған көрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым.
9. Бирақ ол маған: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳәм бул китаптың сөзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын, – деди.
10. Соңынан ол маған былай деди: – Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин мөрлеп таслама. Өйткени ўақыт жақын қалды.
11. Жаманлық қылатуғын адам және де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам және де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын.
12. Ийемиз Ийса былай дейди: «Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Өзим менен бирге. Ҳәр бир адамға ислерине қарай қайтараман.
13. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман, басы ҳәм ақырыман.
14. Өмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳәм қалаға дәрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар қандай бахытлы!
15. Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам өлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, өтирикти жақсы көрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳәммеси сыртта қалады.
16. Мен, Ийса, исениўши жәмәәтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Өз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тийкары ҳәм урпағы, жақты таң жулдызыман».
17. Мухаддес Руўх ҳәм келин: «Кел!» дейди. Еситкен ҳәр бир адам: «Кел!» десин. Шөллеген адам келсин, қәлеген адам өмир суўынан ешейин алсын.
18. Бул китаптағы пайғамбаршылық сөзлерин еситкен ҳәр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сөзлерге бир нәрсе қосса, Қудай да оны бул китапларда жазылған бәлелерге дуўшар етеди.
19. Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сөзлеринен бир нәрсе алып тасласа, Қудай да оны бул китапта жазылған өмир терегинен ҳәм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады.
20. Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди. Аўмийин! Келе гөр, Ийем Ийса!
21. Ийемиз Ийсаның мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-1_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-2_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-3_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Evreyler-4_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-5_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-6_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-7_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-8_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-9_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-10_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-11_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-12_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-13_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-14_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-15_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-16_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-17_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-18_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-19_bap (0 МБ)
Скачать Injil_Karakalpak_Ayan-20_bap (0 МБ)
YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)