Мухаддес Китап
Бийлер
1. Ешуаның өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийеден: «Кенаанлылар менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады.
2. Жаратқан Ийе оларға: «Яҳуда урыўы барады, Кенаан үлкесин оған тәслим қыламан», – деп жуўап берди.
3. Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўына: «Кенаанлылар менен урысыў ушын, бизлердиң пайымызға тийген жерге бизлер менен бирге барың. Соңынан бизлер де сизлердиң пайыңызға тийген жерге сизлер менен бирге барамыз», – деди. Солай етип, Шимон урыўы Яҳуда урыўы менен бирге кетти.
4. Яҳуда урыўы урысқа шықты ҳәм Жаратқан Ийе кенаанлылар менен перизлерди оларға тәслим қылды. Яҳуда урыўы Безекте олардан он мың адамды өлтирди.
5. Сол жерде олар Адоний-Безек пенен ушырасып, оның менен урысты ҳәм кенаанлылар менен перизлерди жеңилиске ушыратты.
6. Адоний-Безек қашып кетти, бирақ олар оны қуўып жетип, услап алды да, қол ҳәм аяқларының бас бармақларын кесип таслады.
7. Сонда Адоний- Безек: «Қол ҳәм аяқларының бас бармақлары кесилген жетпис патша мениң дастурханымнан түскен усақларды терип жеген еди. Енди болса, мениң оларға ислегенлеримди Қудай алдыма келтирди», – деди. Олар Адоний-Безекти Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде өлди.
8. Яҳуда урыўы Ерусалимге ҳүжим жасап, қаланы басып алды ҳәм халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди.
9. Соннан кейин, олар таўлы үлкеде, Негебте ҳәм батыстағы таў етеклеринде жасайтуғын кенаанлылар менен урысыў ушын жолға түсти.
10. Ески аты Кирят-Арба болған Хебронда жасайтуғын кенаанлыларға қарсы атланыс жасап, Шешай, Ахиман ҳәм Талмай деген тийрелерди жеңип шықты.
11. Ол жерден олар ески аты Кирят-Сефер болған Дебир қаласының халқына да қарсы урыс ашты.
12. Сонда Калеб: – Кирят-Сефер халқын жеңип, ол жерди қолға киргизген адамға қызым Ахсаны ҳаяллыққа беремен, – деди.
13. Қаланы Калебтиң иниси, Кеназдың улы Отниел қолға киргизди. Сонлықтан Калеб қызы Ахсаны оған ҳаяллыққа берди.
14. Қыз Отниелдиң жанына барғанда, ол күйеўин үгитлеп: – Әкемнен бир атыз сора, – деди. Калеб ешектен түсип атырған қызынан: – Қандай тилегиң бар? – деп сорады.
15. Қыз әкесине: – Маған бир енши берсең. Мени Негеб шөлине узатқан екенсең, енди маған суў булақларын бер, – деди. Солай етип, Калеб қызына жоқарғы ҳәм төменги суў булақларын берди.
16. Муўсаның қәйин атасының урпақлары болған кенлер Яҳуда урыўы менен бирге Пальма қаласынан шығып, Арадтың қубласындағы Яҳуда шөлинде жасаўға кетти ҳәм сол жердеги халықлар арасына орналасты.
17. Соннан кейин, Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўы менен бирге барып, Сефат қаласында жасап атырған кенаанлыларды қыйратты ҳәм олардың қаласын толығы менен жоқ етти. Солай етип, ол жер Хорма деп аталды.
18. Яҳуда урыўы Газаны, Ашкелонды, Экронды ҳәм оларға тийисли жерлерди де басып алды.
19. Жаратқан Ийе Яҳуда урыўы менен бирге болғанлықтан, олар таўлы үлкени қолға киргизди. Ал ойпатлықта жасап атырған халықтың темирден исленген саўаш арбалары болғанлықтан, оларды қуўа алмады.
20. Олар Муўсаның айтып кеткениндей, Хебронды Калебке берди. Калеб ол жерден анақлардың үш тийресин қуўып шығарды.
21. Бирақ Бенямин урыўы Ерусалимде жасап атырған ебуслыларды қуўмады. Ебуслылар бүгинги күнге дейин Бенямин урыўы менен бирге жасап киятыр.
22. Юсуптиң урпағы Бейт-Элге ҳүжим жасады. Жаратқан Ийе олар менен бирге еди.
23. Юсуптиң урпағы бурынғы аты Луз болған Бейт-Эл қаласына жансызларды жибергенде,
24. олар қаладан шығып киятырған бир адамды көрди. Сонда олар: – Қалаға кирер жолды көрсетсең, саған жақсылық ислеймиз, – деди.
25. Солай етип, сол адам оларға қалаға киретуғын жолды көрсетти. Олар қала халқын қылыштан өткергенде, оған ҳәм оның ағайин-туўғанларына тиймеди.
26. Сол адам хеттлердиң жерине көшип барды ҳәм сол жерге қала қурып, оның атын Луз деп атады. Бул қала ҳәзирге дейин усы ат пенен аталады.
27. Менашше урыўы Бейт-Шеан, Таанах, Дор, Иблеам, Мегиддо ҳәм булардың әтирапындағы аўылларда жасайтуғын халықты қуўа алмады. Себеби кенаанлылар беккем қорғанып, сол жерде жасаўын даўам етти.
28. Израиллылар күшке толысқан ўақтында, кенаанлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды қуўып жибермеди.
29. Эфрайым урыўы да Гезерде жасайтуғын кенаанлыларды ол жерден қуўып жибермеди ҳәм кенаанлылар Гезерде олардың арасында жасады.
30. Зебулон урыўы да Китрон ҳәм Наҳалал қалаларындағы халықларды қуўмады. Зебулон урыўының арасында қалған бул кенаанлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
31. Ашер урыўына келсек, олар да Акко, Сидон, Ахлаб, Ахзиб, Хелба, Афек ҳәм Рехоб турғынларын қуўмады.
32. Олар сол жерлердеги кенаанлыларды қуўып шығармай, олар менен бирге жасады.
33. Нафталий урыўы да Бейт-Шемеш ҳәм Бейт-Анат халқын қуўмай, сол жердиң халқы болған кенаанлылар менен бирге жасады ҳәм кенаанлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
34. Аморлар Дан урыўына ойпатлыққа түсиўге жол қоймай, оларды таўлы үлкелерде услап турды.
35. Аморлар Ҳар-Хересде, Айялонда ҳәм Шаалбимде беккем қорғанып, сол жерде қалды. Бирақ Юсуп урыўы күшке толысқанда, аморлар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
36. Аморлардың шегарасы Ақраббим бийиклигинен баслап Селаға, оннан да арманыраққа дейин созылған еди.

1. Жаратқан Ийениң периштеси Гилгалдан Бохимге келип, израиллыларға былай деди: – Сизлерди Мысырдан шығарып, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жерге алып келдим. Мен сизлерге: «Сизлер менен дүзген келисимимди ҳеш қашан бузбайман.
2. Ал сизлер бул жерлерде жасап атырғанлар менен келисим дүзбеңлер ҳәм олардың қурбанлық орынларын қыйратып таслаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар. Не ушын бундай иследиңлер?
3. Және де, Мен сизлерге: «Бул халықларды сизлердиң араңыздан қуўып шығармайман. Олардың өзлери сизлерге душпан, ал қудайлары дузақ болады», – деп айтқан едим.
4. Жаратқан Ийениң периштеси усы сөзлерди айтқанда, пүткил Израил халқы дад салып жылай баслады.
5. Сонлықтан олар сол жерди Бохим деп атады ҳәм сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
6. Ешуа халықты тарқатып жибергеннен соң, олардың ҳәр қайсысы өз пайына тийген жерлерди ийелеп алыў ушын жолға шықты.
7. Ешуаның тири ўақтында ҳәм Жаратқан Ийениң Израил ушын ислеген уллы ислерин көрип, Ешуадан кейин өмир сүрген ақсақаллар дәўиринде, Израил халқы Жаратқан Ийеге хызмет етти.
8. Жаратқан Ийениң қулы Нун улы Ешуа бир жүз он жасында қайтыс болды.
9. Оны Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Гааш таўының арқа тәрепине, өзиниң пайына тийген Тимнат-Херес деген жерге жерледи.
10. Бул әўладтан болғанлардың ҳәммеси өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, Жаратқан Ийени танымайтуғын ҳәм Оның Израил халқы ушын ислеген ислерин билмейтуғын басқа бир әўлад өсип жетисти.
11. Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Баалларға* табына баслады.
12. Олар өзлерин Мысырдан алып шыққан ата- бабаларының Қудайы, Жаратқан Ийеден жүз бурып, әтираптағы халықлардың қудайларына аўып кетти ҳәм оларға табынды. Бул Жаратқан Ийениң қәҳәрин келтирди+.
13. Өйткени олар Жаратқан Ийеден жүз бурып, Баал ҳәм Аштарта бутларына табына баслаған еди.
14. Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израил халқына ғәзеби қайнап, оларды мүликлерин тонайтуғын басқыншылардың қолына тапсырды. Жаратқан Ийе оларды әтираптағы душпанларға тәслим етти. Солай етип, артық олар душпанларына қарсы тура алмады.
15. Жаратқан Ийениң айтқанындай ҳәм ант ишкениндей, Израил халқы ҳәр сапар саўашқа түскенде, Жаратқан Ийениң Өзи оларға қарсы болды ҳәм олар аўыр аўҳалда қалды.
16. Сонда Жаратқан Ийе оларды тонаўшылардың қолынан қутқаратуғын бийлерди жиберди.
17. Бирақ олар бийлерди де тыңламады ҳәм Жаратқан Ийеге опасызлық етип, басқа қудайларға табынып кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрықларын орынлаған ата-бабалары сыяқлы болмай, ата- бабалары жүрген жолдан тез азғырылды.
18. Жаратқан Ийе олар ушын бир бий таңлап шығарғанда, Ол сол бий менен бирге болды ҳәм сол бий жасаған ўақытта оларды душпанларының қолынан қутқаратуғын еди. Себеби олар езиўшилик ҳәм зулым астында нала шеккенде, Жаратқан Ийениң оларға реҳими келетуғын еди.
19. Деген менен, бийлер өлиўден-ақ, олар ата-бабаларынан да бетер болып, және басқа қудайлардың изине еретуғын, оларға хызмет етип, табынатуғын еди. Олар ислеген жаман ис- ҳәрекетлеринен ҳәм қайсарлықтан ўаз кешпеди.
20. Солай етип, Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, былай деди: «Бул халық Мениң ата-бабаларына орынлаң деп буйырған келисимимди бузып, сөзиме қулақ салмады.
21. Сонлықтан енди Мен де Ешуа өлгенде, усы жерлерде қалған халықлардың ҳеш бирин олардың алдынан қуўып шығармайман.
22. Ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң жолынан жүретуғынын ямаса жүрмейтуғынын көриў ушын, оларды усы миллетлер арқалы сынайман».
23. Солай етип, Жаратқан Ийе сол миллетлерди дәрҳал қуўып шығармаған ҳәм оларды Ешуаға тәслим еттирмей, елде қалыўға рухсат берген еди.

1. Кенаандағы урыслардың ҳеш бирине қатнаспаған барлық израиллыларды сынаў ушын ҳәм ҳеш саўаш тәжирийбеси болмаған жаңа әўладлардың саўаш тәлимин үйрениўи ушын,
2. Жаратқан Ийе қалдырған миллетлер мыналар еди:
3. филист халқының бес ҳүкимдары, барлық кенаанлылар, сидонлылар ҳәм Баал-Хермон таўынан Лебо-Хаматқа дейин созылған Лебанон таўларында жасайтуғын хиўлер.
4. Жаратқан Ийе Израил халқын сынаў ушын ҳәм Муўса арқалы ата-бабаларына берген буйрықларын олардың орынлайтуғынын ямаса орынламайтуғынын көриў ушын, бул миллетлерди олардың елинде қалдырған еди.
5. Солай етип, израиллылар кенаан, хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының арасында жасады.
6. Олар менен қыз алысып, қыз беристи ҳәм олардың қудайларына табынды.
7. Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Олар Қудайы Жаратқан Ийени умытып, Баал ҳәм Ашера бутларына табынды.
8. Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израилға қәҳәри келип, оларды Арам-Наҳарайым патшасы Кушан-Ришатайымға тәслим қылды. Олар сегиз жыл Кушан-Ришатайымның қол астында болды.
9. Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе оларға бир қутқарыўшы жиберди. Оларды қутқарған Калебтиң кишкене иниси Кеназдың улы Отниел еди.
10. Жаратқан Ийениң Руўхы Отниелдиң үстине түсип, ол Израилды басқарды. Отниел урысқа шыққанда, Жаратқан Ийе Арам патшасы Кушан-Ришатайымды оған тәслим қылды ҳәм Отниел Кушан- Ришатайымнан үстин келди.
11. Солай етип, ел Кеназ улы Отниелдиң өлимине дейин қырық жыл тынышлықта жасады.
12. Соннан кейин, израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. Соның ушын Жаратқан Ийе Моаб патшасы Эглонды израиллыларға қарсы туратуғындай етип күшке толтырды.
13. Патша Эглон аммон ҳәм амалек халықларын өзине бириктирип алып, Израилға ҳүжим жасады. Олар Израилды жеңилиске ушыратып, Пальма қаласын басып алды.
14. Солай етип, израиллылар он сегиз жыл Моаб патшасы Эглонның қол астында қалды.
15. Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе олар ушын Эҳуд атлы бир қутқарыўшыны жиберди. Бенямин урыўынан болған Гераның улы Эҳуд солақай еди. Бир күни израиллылар Эҳуд арқалы Моаб патшасы Эглонға салықларын жиберди.
16. Эҳуд өзине узынлығы еки қарыс келетуғын, еки жүзи бар бир қанжар ислеп алды ҳәм қанжарды кийиминиң астына, оң санына байлап қойды.
17. Эҳуд салықты Моаб патшасы Эглонға апарып берди. Эглон жүдә семиз адам еди.
18. Эҳуд салықты бергеннен соң, салықты көтерип апарған адамларды қайтарып жиберди.
19. Ал өзи болса, Гилгалдың қасындағы тас бутлардың жанынан кейнине қайтып келди де, патшаға: – Тақсыр, мениң сизге айтатуғын бир сырым бар, – деди. Патша оған: – Үндеме, – деди де, қасындағы адамлардың ҳәммесин сыртқа шығарып жиберди.
20. Эҳуд жоқарыдағы салқын бөлмесинде жалғыз қалған патшаға жақынлап, оған: – Сизге Қудайдан бир хабар алып келдим, – дегенде, патша тахтынан турды.
21. Эҳуд шеп қолы менен оң санындағы қанжарды алды да, патшаның қарнына тықты.
22. Қанжар патшаның қарнына сабы менен қосыла кирип кетти. Эҳуд қанжарды суўырып алмағанлықтан, қанжар патшаның майлы қарнында қалып қойды.
23. Эҳуд айўанға шықты да, жоқарыдағы бөлмениң қапыларын жаўып, қулыплап кетти.
24. Ол шығып кеткеннен кейин, патшаның хызметшилери келип, жоқарыдағы бөлмениң қапысының илик турғанын көрди де, бир-бирине: «Патшамыз салқын бөлмеде дәрет сындырып атырған шығар», – дести.
25. Олар көп ўақыт күтсе де, патша бөлмениң қапысын ашпады. Сонлықтан олар гилтти алып, қапыны ашып қараса, мырзасының өлиги жерде жатыр екен.
26. Олар патшаны күтип турғанда, Эҳуд тас бутлардың жанынан өтип, Сеираға қашып кетти.
27. Эҳуд сол жерге жетип барды да, Эфрайымның таўлы үлкесине шығып, кәрнай шертти. Израиллылар оның менен бирге таўлардан төменге түсти. Эҳуд олардың алдында жол баслап жүрди.
28. Эҳуд оларға: – Изимнен жүриңлер, себеби Жаратқан Ийе душпаныңыз болған моаблыларды сизлерге тәслим етти, – деди. Эҳудтың изинен киятырған израиллылар Моабқа өтетуғын Иордан өткеллерин ийелеп, ҳеш кимди өткермеди.
29. Олар моаблылардың он мыңға шамалас қарыўлы ҳәм күшли адамын өлтирди. Моаблылардың ҳеш бири аман қалмады.
30. Сол күни моаблылар израиллылардың қол астына өтти. Ел сексен жыл парахатшылықта жасады.
31. Эҳудтан соң, Анат улы Шамгар бий болды. Шамгар филистлердиң алты жүз адамын өгиз айдайтуғын таяқ пенен өлтирип, ол да израиллыларды қутқарды.

1. Эҳудтың өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады.
2. Сонлықтан да Жаратқан Ийе израиллыларды Хасорда ҳүкимдарлық етип атырған кенаанлы патша Ябинге тәслим қылды. Ябинниң Сисера деген бир сәркәрдасы болып, ол Харошет-Гойымда жасайтуғын еди.
3. Ябинниң тоғыз жүз темир саўаш арбасы бар еди. Ол израиллыларды жигирма жыл аяўсыз езгенликтен, израиллылар Жаратқан Ийеге нала шекти.
4. Сол ўақытлары пайғамбар ҳаял, Лаппидоттың ҳаялы Дебора израиллыларға бийлик қылатуғын еди.
5. Дебора Эфрайымның таўлы үлкесинде, Рама менен Бейт-Эл арасындағы пальма ағашының астында отырып, алдына келген израиллылардың даўларын шешетуғын еди.
6. Бир күни Дебора Абиноам улы Барақты Кедеш-Нафталийден шақыртып алып, оған: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе қасыңа Нафталий ҳәм Зебулон урыўларынан он мың адамды алып, Табор таўына барыўыңды буйырады.
7. Ол патша Ябинниң сәркәрдасы Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Кишон сайына, сениң алдыңа апарып, саған тәслим қылады, – деди.
8. Барақ Дебораға: – Егер мениң менен бирге барсаң, бараман. Ал бирге бармасаң, бармайман, – деди.
9. Дебора: – Әлбетте, сениң менен бирге бараман, бирақ сен тутқан бул жол өзиңе даңқ алып келмейди. Себеби Жаратқан Ийе Сисераны бир ҳаялға тәслим етежақ, – деди. Солай етип, Дебора Барақ пенен бирге Кедешке кетти.
10. Барақ Зебулон ҳәм Нафталий урпақларын Кедешке жыйнады. Барақтың изине он мың адам ерди. Дебора да оның менен бирге кетти.
11. Кен тийресинен болған Хебер Муўсаның қәйин атасы Хобабтың урпағынан болған тийрелеслеринен бөлек шығып, Кедешке жақын жердеги Саананнимдеги теребинф ағашының жанына шатырын тиккен еди.
12. Абиноам улы Барақтың Табор таўына шыққанын еситкен Сисера
13. тоғыз жүз темир саўаш арбасын ҳәм қасындағы барлық әскерлерин Харошет-Гойымнан шығарып, Кишон сайына топлады.
14. Дебора Бараққа: – Қәне, атлан! Себеби бул күн – Жаратқан Ийениң Сисераны саған тәслим ететуғын күни. Жаратқан Ийе сениң алдыңда барады, – деди. Солай етип, Барақ он мың адамды ертип, Табор таўынан түсти.
15. Барақ ҳүжим қылғанда, Жаратқан Ийе Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин албыратты. Сонда Сисера саўаш арбасынан түсип, жаяў қашып кетти.
16. Барақ оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Харошет-Гойымға дейин қуўып барды. Сисераның пүткил әскерлери қылыш жүзинен өткерилди. Ҳеш бири аман қалмады.
17. Ал жаяў қашып кеткен Сисера болса, кенлерден болған Хебердиң ҳаялы Яелдиң шатырына келди. Өйткени Хасордың патшасы Ябин менен Хебердиң шаңарағы арасындағы қарым-қатнас жақсы еди.
18. Яел Сисераны күтип алыўға шығып, оған: – Қорқпаң, мырзам. Келиң, шатырыма кириң, – деди. Сисера ҳаялдың шатырына киргенде, ҳаял оның үстине бир жапқышты жаўып қойды.
19. Сисера: – Шөлледим, илтимас, ишиўге аз-маз суў бер, – деди. Яел сүт месин ашып, Сисераға сүт ишкизгеннен кейин, оның үстин және жаўып қойды.
20. Сисера ҳаялға: – Шатырдың кирер аўзында тур. Егер биреў келип: «Шатырыңда ким бар?» – деп сораса, «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап бер, – деди.
21. Сисера ҳаялға: – Шатырдың кирер аўзында тур. Егер биреў келип: «Шатырыңда ким бар?» – деп сораса, «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап бер, – деди.
22. Сол ўақытта Барақ Сисераны қуўып киятырған еди. Яел Барақтың алдынан шығып, оған: – Ишке кир, излеп киятырған адамыңды саған көрсетейин, – деди. Барақ ҳаялдың шатырына кирип барғанда, шекесине қазық қағылып, өлип атырған Сисераны көрди.
23. Солай етип, Қудай сол күни кенаанлы патша Ябинди Израил халқына бойсындырды.
24. Израил халқы кенаан патшасы Ябинге күннен-күнге қарсы турып, ақырында оны жоқ қылды.

1. Дебора менен Абиноам улы Барақ сол күни былай жырлады:
2. «Израил көсемлери басшылық қылғанда, Халық пидәкерлик пенен атланғанда, Жаратқан Ийени алғыслаңлар!
3. Тыңлаңлар, сизлер, ҳәй патшалар! Ҳәй төрелер, қулақ салыңлар! Жаратқан Ийени жырлайман, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени саз шертип алғыслайман.
4. Сеирден шыққаныңда, Жаратқан Ийе, Эдом жеринен жүрис қылғаныңда, Жер силкинди, аспаннан жаўын қуйды. Аўа, бултлар жаўын қуйдырды.
5. Таўлар Жаратқан Ийениң алдында титиреди, Ҳәттеки, титиреди Синай таўы, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң алдында.
6. Анат улы Шамгардың дәўиринде, Яелдиң заманында кәрўанлар жүрмей қалды, Жолаўшылар айланба жолдан жүретуғын болды.
7. Мен Израилда ана болып, ортаға шықпағанымша, Мен, Дебора ортаға шыққанға дейин, Израил аўыллары босап қалды.
8. Израиллылар жаңа қудайларды таңлағанда, Урыс қаланың дәрўазасына тирелди, Израилдың қырық мың әскериниң қолында, Қалқан да, найза да көринбеди.
9. Жүрегим Израилдың басшылары менен, Ҳәм халық арасындағы пидәкерлер менен бирге, Жаратқан Ийени алғыслаңлар!
10. Ҳәй, ақ ешек мингенлер, Ҳәй, гилем үстинде отырғанлар, Ҳәй, жолда жаяў жүриўшилер, тыңлаңлар!
11. Қудықлардың басындағы аламан даўысы, Жаратқан Ийениң жеңислерин, Израил әскерлериниң жеңислерин аңлатар: „Сонда Жаратқан Ийениң халқы, Қала дәрўазаларына қарай жүрис қылды.
12. Оян, Дебора, оян, Оян, жырыңды айт, оян! Ҳәй, Абиноам улы Барақ, Орныңнан тур, алып жүр тутқынларыңды“.
13. Аман қалғанлар сәркәрдаларының жанына келди, Жаратқан Ийениң халқы батырлары менен маған келди.
14. Амалек жериндеги Эфрайымнан келди, Беняминлилер де саған ерди. Махир әўладынан келди басшылар, Зебулоннан келди сәркәрдалық ҳасасын услағанлар.
15. Бирге еди Иссахар басшылары Дебора менен, Иссахар урыўы да Барақтың изинен, Ойпатлыққа түсти асығыслық пенен. Бирақ Рубен урыўының тийрелери, Күшли екилениўшилик ишинде қалды.
16. Не ушын қалдыңыз сүриўлер арасында? Шопанлардың қойларды шақырғанын еситиў ушын ба? Бирақ Рубен урыўының тийрелери, Күшли екилениўшилик ишинде қалды.
17. Гиладлылар Иордан дәрьясының арғы жағында қалды, Не ушын Дан урыўы кемелер жанында қалды? Ашер урыўы теңиз жағасында қалды, Өз жағысларына мәкан басты.
18. Бирақ Зебулон ҳәм Нафталий халқы, Жанларын өлимге тикти майданның бийик жерлеринде.
19. Сонда патшалар келип урысты, Таанахта ҳәм Мегиддо суўлары жағасында, Кенаан патшалары урысты, Бирақ гүмис те, олжа да алмады.
20. Саўашқа түсти жулдызлар аспаннан, Сисераға қарсы урысты, жүрип олар аспандағы өз жолынан.
21. Кишон дәрьясы, ҳәй, ески дәрья, Ағысып кетти оларды, Ҳәй жаным, күш-қуўатқа толып, алға бас.
22. Келди сонда атлар дүсирлеп, Күшли атлардың туяқлары, Қалдырды излерин жерде.
23. Жаратқан Ийениң периштеси былай деди: „Нәлетлеңлер, Мероз қаласын, Нәлетлер айтың, оның халқына. Жәрдемге келмегени ушын Жаратқан Ийеге, Батырларға қарсы урысыў ушын“.
24. Кен тийресинен болған Хебердиң ҳаялы Яел, Ҳаяллар арасында мол-мол етип жарылқансын, Шатырларда жасайтуғын ҳаяллар арасында, Мол-мол етип жарылқансын.
25. Суў сорағанда сүт берди, Ҳасыл кеседе қатық усынды.
26. Алды шеп қолына шатыр қазығын, Оң қолына жумысшының балғасын. Урды Сисераны, езди басын, Шекесине қақты қазықты, Қазық та тесип өтти оның басын.
27. Жығылды Сисера оның аяқлары астына, Қулап, жерде созылып жатты. Ол жығылып, Яелдиң аяқлары астына, Жығылған жеринде жансыз қалды.
28. Сисераның анасы терезе артынан, Зарланды былай деп, пәнжиреден қарап: „Улымның саўаш арбасы, Кешикти неге буншелли? Еситилмейди неге елеге дейин, Саўаш арбаларының сеслери?“
29. Жуўап берер оған жанындағы дана ҳаяллары. Анасы да өзин жубатып былай дер:
30. „Мүмкин, олар олжаны бөлисип атырған шығар, Ҳәр жигиттиң пайына бир-еки қыздан. Сисераға олжадан реңли кийимлер, Аўа, олжадан түскен рәңбәрәң кийимлер, Олжа алғанның ҳәр бирине, Еки рәңбәрәң етип кестеленген кийимлер тийискен шығар“.
31. Жаратқан Ийе! Барлық душпанларың усылай жоқ болсын. Сени сүйгенлер болса, Пүткил қүдирети менен шыққан қуяш яңлы болсын!» Соннан кейин, ел қырық жыл парахатшылықта жасады.

1. Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Жаратқан Ийе де оларды жети жыл мидянлыларға тәслим етти.
2. Мидянлылардың израиллыларға көрсеткен зулымлығы соншелли аўыр болғанлықтан, израиллылар өзлери ушын таўларда паналайтуғын жерлер, үңгирлер ҳәм қорғанлар ислеп алды.
3. Израиллылар егин еккен ўақтында, мидянлылар, амалеклер ҳәм күншығыстағы басқа халықлар елге басқыншылық ететуғын еди.
4. Олар Израилда ордаларын қурып алып, Газаға дейинги егинлерин жоқ қылатуғын ҳәм тиришилик етиўге керекли болған қой, сыйыр, ешек сыяқлы нәрселердиң ҳеш қайсысын қоймайтуғын еди.
5. Себеби олар өзлериниң маллары ҳәм шатырлары менен бирге шегиртке сыяқлы көп болып келетуғын еди. Олардың өзлериниң де, түйелериниң де есап-саны жоқ болып, Израилды ўайран етиў ушын, ел бойлап жүретуғын еди.
6. Израил халқы мидянлылар себепли соншелли жарлыланып қалғанлықтан, олар Жаратқан Ийеге жалбарына баслады.
7. Израиллылар мидянлылар себепли Жаратқан Ийеге жалбарынғанда,
8. Жаратқан Ийе оларға бир пайғамбар жиберди. Пайғамбар оларға былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлерди Мысырдан, қул болған жериңизден Мен алып шықтым.
9. Сизлерди мысырлылардың ҳәм пүткил зулым етиўшилердиң қолынан Мен қутқардым. Оларды алдыңыздан қуўып, жерлерин сизлерге бердим».
10. Сонда Мен сизлерге: «Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Өзлериңиз жерлеринде жасап атырған аморлардың қудайларына табынбаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар.
11. Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси келип, Офра қаласындағы Абиезер әўладынан болған Иоашқа тийисли теребинф ағашының астында отырды. Сол ўақытта Иоаштың улы Гидеон мидянлылардан жасырып, шарап искенжесинде бийдай түйеклеп атырған еди.
12. Жаратқан Ийениң периштеси оған көринип: – Ҳәй, батыр жигит, Жаратқан Ийе сениң менен бирге, – деди.
13. Гидеон оған: – О, мырзам, егер Жаратқан Ийе бизлер менен бирге болса, онда булардың барлығы не ушын басымызға түсти? Ата-бабаларымыз бизлерге: «Жаратқан Ийе бизлерди Мысырдан алып шықты», – деп айтып берген еди. Жаратқан Ийениң сол әжайып ислери қайда қалды? Жаратқан Ийе бизлерди таслап кетти ҳәм мидянлыларға тәслим қылды, – деди.
14. Жаратқан Ийе Гидеонға қарап: – Өзиңде бар болған күш-қуўатың менен бар да, Израилды мидянлылардың қолынан қутқар. Сени Мен жиберип атырман, – деди.
15. Гидеон: – О, Ийем, мен Израилды қалайынша қутқара аламан? Мениң тийрем Менашше урыўындағы ең әззи тийре, мен де үйдеги генже улман, – деди.
16. Жаратқан Ийе оған: – Мен сениң менен бирге боламан. Сен мидянлылардың ҳәммесин бир адамды жеңгендей қылып, қырып таслайсаң, – деди.
17. Сонда Гидеон: – Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, мениң менен сөйлесип атырған Сен екениңди билиўим ушын, маған бир нышан көрсет.
18. Илтимас, Саған садақамды әкелип, усынбағанымша, бул жерден кетип қалма, – деди. Жаратқан Ийе Гидеонға: – Сен қайтып келгениңше, усы жерде тураман, – деп жуўап берди.
19. Гидеон үйине барып, бир ылақты сойды, бир эфа* уннан ашытқысыз нан писирди ҳәм гөшти себетке салды да, сорпасын табаққа қуйды. Гидеон буларды теребинф ағашының астына алып барып, периштеге усынды.
20. Қудайдың периштеси оған: – Гөшти ҳәм ашытқысыз нанларды алып, оларды мына тастың үстине қой да, сорпаны үстине қуй, – деди. Гидеон айтылғанларды иследи.
21. Жаратқан Ийениң периштеси қолындағы таяғының ушын гөш ҳәм ашытқысыз нанға тийгизгенде, тастан от шықты. От гөш ҳәм ашытқысыз нанды жағып, жоқ қылып жиберди. Соннан кейин Жаратқан Ийениң периштеси көзден ғайып болды.
22. Гидеон көрген адамының Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинип: – Ўаҳ, Қудай Ийе! Мен Сениң периштең менен жүзбе-жүз көристим, – деди.
23. Жаратқан Ийе оған: – Саған тынышлық болсын. Қорқпа, өлмейсең, – деди.
24. Гидеон ол жерде Жаратқан Ийе ушын қурбанлық орын иследи. Қурбанлық орынды Яҳўе Шалом деп атады. Бул орын бүгин де Абиезер урпақларының Офра қаласында тур.
25. Тап сол күни түнде Жаратқан Ийе Гидеонға: – Әкеңниң падасынан жети жасар бир буғаны ал. Соннан кейин, әкеңниң Баал ушын соқтырған қурбанлық орынды бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып тасла.
26. Усы төбешиктиң үстине Қудайың Жаратқан Ийеге арнап, тегис етип қурбанлық орын қур. Соңынан сол буғаны ал да, өзиң кесетуғын кийели ағашты отын қылып, жандырылатуғын қурбанлық етип бағышла, – деди.
27. Гидеон өз адамларынан он адамды қасына алып, Жаратқан Ийениң өзине айтқанларын орынлады. Бирақ ол үйиндегилерден ҳәм қала халқынан қорққанлықтан, буны күндиз емес, ал түнде иследи.
28. Азанда ерте турған қала халқы Баалға арналған қурбанлық орынның бузылып атырғанын, кийели ағаштың шабылғанын ҳәм буғаның тазадан қурылған қурбанлық орынның үстинде қурбанлық қылып усынылғанын көрди.
29. Сонда олар бир-биринен: «Буны ким иследи?» – деп сорады. Сорастырып көргеннен соң, бул исти Иоаш улы Гидеонның қылғанын билди.
30. Сол себептен олар Иоашқа: – Балаңды сыртқа шығар, ол өлиўи керек. Себеби ол Баалдың қурбанлық орнын бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып таслаған, – деди.
31. Иоаш өзине топылып келген адамларға: – Баалды қорғаў сизлерге қалды ма? Оны қутқаратуғын сизлер ме? Баалды қорғайтуғынлар таңға дейин өлтириледи. Егер Баал қудай болса, ол өзи ушын гүрессин. Өйткени бузылған қурбанлық орын оныки-ғо! – деди.
32. Сол күни Иоаш: «Баал өзи ушын өз гүрессин, өйткени бузылған қурбанлық орын оныки», – деп, Гидеонды Еруббаал деп атады.
33. Сол арада мидянлылар, амалеклер ҳәм шығыс халықлары бирлесип, Иордан дәрьясынан өтти де, Изреел ойпатлығына шатырларын қурды.
34. Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Гидеонның үстине түсти ҳәм ол кәрнайын шертип, Абиезер урпақларын өзиниң изине ериўге шақырды.
35. Гидеон пүткил Менашше урыўына хабаршылар жиберип, ол жердеги халықты да жыйнады. Ол Ашер, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларына да хабаршылар жиберди. Солай етип, олар да бирлесиўге келди.
36. Сонда Гидеон Қудайға былай деди: – Егер Өзиң ўәде еткениңдей, Израилды мен арқалы қутқаратуғының рас болса,
37. онда мен мына қырқылған жүнди қырманның үстине жаяман. Егер шық жүнниң үстине түсип, ал жер қурғақ болса, онда Өзиң айтқаныңдай, Израилды мен арқалы қутқаратуғыныңды билемен.
38. Солай болды да. Ертеңине азанда ерте турған Гидеон жүнди алып сыққанда, жүннен бир кесе толы суў шықты.
39. Соннан кейин, Гидеон Қудайға былай деди: – Маған ғәзепленбе, және бир тилегим бар. Усы жүн арқалы сынаўыма және бир мәрте рухсат ет. Бул рет тек жүн ғана қурғақ болып, жер бетин шық қапласын.
40. Қудай сол түнде Гидеонның айтқанын иследи. Жүн қурғақ болып, пүткил жер бетин шық қаплады.

1. Еруббаал, яғный Гидеон ҳәм оның жанындағы барлық адамлар ерте турып, Харод булағының басына орда қурды. Мидянлылардың ордасы олардың арқа тәрепинде, Море төбешигиниң қасындағы ойпатлықта еди.
2. Жаратқан Ийе Гидеонға былай деди: – Сениң қасыңдағы адамлар жүдә көп. Олар: «Өз күшимиз бенен қутқарылдық» деп, Мениң алдымда мақтанбаўы ушын, мидянлыларды оларға тәслим қыла алмайман.
3. Енди сен халыққа: «Ким қорққанынан қалтырап турған болса, кетсин, Гилад таўынан изине қайтсын», – де. Солай етип, халықтан жигирма еки мың адам қайтып кетип, ол жерде он мың адам қалды.
4. Жаратқан Ийе Гидеонға: – Адамларыңның саны еле де көп. Сен оларды суў бойына алып бар. Мен оларды сол жерде сен ушын електен өткеремен. «Сениң менен барады» деген адамым сениң менен барады. Ал «Сениң менен бармайды» деген адамым бармайды, – деди.
5. Гидеон халықты суў бойына алып барды. Жаратқан Ийе Гидеонға: – Ийт сыяқлы тили менен суў ишкенлерди бир тәрепке, дизерлеп отырып суў ишкенлерди екинши тәрепке айыр, – деди.
6. Қолларын аўзына апарып, тиллери менен суў ишкенлердиң саны үш жүз болды. Ал қалғанларының ҳәммеси суў ишиў ушын дизерлеп отырды.
7. Жаратқан Ийе Гидеонға: – Сизлерди тили менен суў ишкен үш жүз адам арқалы қутқараман. Мидянлыларды саған тәслим қыламан. Ал қалғанлары үйлерине қайтсын, – деди.
8. Солай етип, Гидеон тек үш жүз адамды ғана алып қалып, қалған израиллыларды үйлерине қайтарып жиберди. Сол үш жүз адам кеткенлердиң азық-аўқатлары менен кәрнайларын алып қалды. Мидянлылардың ордасы Гидеон болған жердиң төменги жағында, ойпатлықта еди.
9. Жаратқан Ийе сол күни түнде Гидеонға былай деди: – Тур, мидянлылардың ордасына ҳүжим қыл, өйткени оларды саған тәслим қылып атырман.
10. Егер ҳүжим етиўге қорқсаң, Пура атлы хызметшиңди жаныңа алып, төменге, олардың ордасына бар.
11. Мидянлылардың сөзлерин тыңла. Сонда сен оларға ҳүжим етиўге жүрексинесең. Солай етип, Гидеон хызметшиси Пура менен бирге мидянлылар ордасының шетиндеги сақшылар бөлимине кетти.
12. Ойпатлыққа жайласып алған мидянлылар, амалеклер ҳәм барлық шығыс халықлары шегиртке сыяқлы көп еди. Олардың түйелери де теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз еди.
13. Гидеон ол жерге жетип барғанда, бир адам өз жолдасына көрген түсин айтып берип атыр еди. Ол: – Мен бир түс көрдим. Түсимде арпадан писирилген бир шөрек нан Мидян ордасына туўры домалап барып, шатырға урылғанда, шатыр қулап, жер менен жексен болды, – деди.
14. Сол адамның жолдасы: – Бул израиллы Иоаш улы Гидеонның қылышынан басқа ҳеш нәрсе емес. Қудай мидянлыларды ҳәм пүткил орданы оған тәслим етежақ болғаны, – деп жуўап берди.
15. Гидеон түсти ҳәм оның жорылыўын еситип, Қудайға сыйынды. Ол Израил ордасына қайтып келип, адамларына: – Турыңлар! Жаратқан Ийе Мидян ордасын сизлерге тәслим қылды, – деди.
16. Соңынан Гидеон үш жүз адамды үш топарға бөлип, олардың ҳәр бирине бир кәрнай ҳәм бос бир гүзеден берди. Гүзелердиң ишинде шыралар бар еди.
17. Сонда Гидеон оларға былай деди: – Көзиңиз менде болсын. Мен не ислесем, сизлер де соны ислеңлер. Олардың ордасына барғанымда, мен не ислесем, сизлер де соны ислеңлер.
18. Мен ҳәм мениң қасымдағылар кәрнайларымызды шерткенимизде, сизлер де орданың айнала дөгерегинде турып, кәрнайларыңызды шертиңлер де: «Жаратқан Ийе ушын ҳәм Гидеон ушын!» – деп бақырыңлар.
19. Гидеон ҳәм оның қасындағы жүз адам түнде, ортанғы гезектеги қараўыллар алмасыўдан-ақ, ордаға жетип барды. Олар кәрнайларын шертип, қолларындағы гүзелерди сындырды.
20. Үш топар да кәрнайларын шертип, гүзелерин сындырды. Олар шеп қолына шырасын, оң қолына кәрнайын услап: «Жасасын Жаратқан Ийениң ҳәм Гидеонның қылышы!» – деп бақырды.
21. Олардың ҳәр бири душпан ордасының дөгерегинде, өз орнында турғанда, ордадағылардың ҳәммеси албырасып, бақырысып қаша баслады.
22. Үш жүз кәрнай бирден шертилгенде, Жаратқан Ийе ордадағылардың ҳәммесине бир-бирине қарсы қылыш көтергизди. Мидян ордасы Серера тәрептеги Бейт-Шиттаға қарай, яғный Таббатқа жақын жердеги Абел- Мехоланың шетине дейин қашып кетти.
23. Сонда Нафталий, Ашер ҳәм пүткил Менашше урыўларынан болған израиллылар шақырылды ҳәм олар мидянлыларды қуўа баслады.
24. Кейин Гидеон Эфрайымның пүткил таўлы үлкесине хабаршылар жиберип, былай деди: «Төменге түсип, мидянлыларға ҳүжим қылыңлар. Олардың жолларын тосыў ушын, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизиңлер». Солай етип, эфрайымлылар жыйналып, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизди.
25. Олар мидянлылардың еки басшысын, Ореб пенен Зеебти тутқынға алды. Оребти Ореб жартасының қасында, ал Зеебти Зееб шарап искенжеси жанында өлтирип, мидянлыларды қуўыўды даўам етти. Ореб пенен Зеебтиң кесилген басларын Иордан дәрьясының арғы жағындағы Гидеонға апарып берди.

1. Эфрайым урыўының адамлары Гидеонға: – Мидянлылар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди шақырмадың. Бизлерге не ушын бундай қылдың? – деп оны қатты айыплады.
2. Гидеон оларға былай деп жуўап берди: – Сизлердиң ислеген исиңиздиң қасында меники не болыпты? Эфрайымның териминен қалған жүзимлер Абиезердиң пүткил жүзим өнимлеринен жақсырақ емес пе?
3. Қудай Мидян басшылары болған Ореб ҳәм Зеебти сизлерге тәслим қылды. Сизлерге тең келетуғындай, мен не ислей алдым? Гидеонның бул сөзлери олардың ғәзебин қайтарды.
4. Гидеон ҳәм оның жанындағы үш жүз адам Иордан дәрьясына келип, дәрьяны кесип өтти. Олар шаршаса да, мидянлыларды қуўыўды даўам етти.
5. Ол Суккотқа келгенде, қала халқына: – Мениң изимнен киятырған адамларыма нан бериңлер, олар ҳалдан тайған. Мен Мидян патшалары Зебах ҳәм Салмуннаның изинен қуўып баратырман, – деди.
6. Суккот басшылары оған: – Сениң әскерлериңе нан бергендей, сен Зебах ҳәм Салмуннаны тутқынға алып па едиң? – деди.
7. Гидеон оларға: – Болады, усы сөзиңиз ушын, Жаратқан Ийе Зебах пенен Салмуннаны маған тәслим еткенде, мен денелериңизди шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен тилким-тилким қыламан, – деди.
8. Гидеон ол жерден Пену-Элге кетти ҳәм оның халқынан да тап солай деп илтимас қылды. Бирақ Пену-Эл халқы да Суккот халқының берген жуўабын берди.
9. Гидеон оларға: – Саў-саламат изиме қайтқанымда, бул минараны қулатаман, – деди.
10. Сол ўақытта Зебах пенен Салмунна он бес мыңға шамалас аман қалған шығыс халықларының әскерлери менен бирликте Қарқорда еди. Қуралланған бир жүз жигирма мың әскер өлген еди.
11. Гидеон Нобах ҳәм Иогбоҳаның шығыс тәрепиндеги кәрўан жолы менен барып, аңсыз турған душпан ордасына ҳүжим жасады.
12. Зебах пенен Салмунна қашып кетти, ал Гидеон олардың изинен қуўды. Ол Мидянның еки патшасы болған усы Зебах пенен Салмуннаны қолға алып, олардың барлық әскерлерин албыратып таслады.
13. Иоаш улы Гидеон урыстан Херес төбешиги бойлап қайтты.
14. Жолда Гидеон Суккоттың бир жас жигитин услап алып, оны сораўға тутты. Жас жигит оған Суккоттың жетпис жети басшысы менен ақсақалларының атларын жазып берди.
15. Гидеон Суккот халқына барып, оларға былай деди: – Сизлер маған: «Сениң ҳалдан тайған адамларыңа нан беретуғындай, сен Зебах пенен Салмуннаны тутқынға алып па едиң?» – деп мени масқаралаған едиңиз. Минекей, Зебах пенен Салмунна!
16. Соңынан Гидеон қала ақсақалларын топлап, Суккот халқын шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен жазалады.
17. Кейин Пену-Эл минарасын қулатып, қала халқын өлтирди.
18. Соңынан Гидеон Зебах пенен Салмуннадан: – Таборда өлтиргенлериңиз қандай адамлар еди? – деп сорады. Олар Гидеонға: – Олар саған усаған еди, ҳәммеси патша улларына мегзес еди, – деп жуўап берди.
19. Гидеон оларға: – Олар мениң туўысқанларым, анамның уллары еди. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, егер сизлер оларды аман қалдырғаныңызда, мен де сизлерди өлтирмес едим, – деди.
20. Соннан кейин, Гидеон туңғыш улы Етерге: – Қәне, оларды өлтир, – деди. Деген менен, еле жас болған Етер қорқып, қылышын көтермеди.
21. Сонда Зебах пенен Салмунна Гидеонға: – Бизлерди өзиң өлтир. Еркектиң исин тек еркек ислей алады, – деди. Солай етип, Гидеон барып, Зебах пенен Салмуннаны өлтирди ҳәм түйелериниң мойнындағы ярым ай көринисиндеги безениў буйымларын алды.
22. Израиллылар Гидеонға: – Сен, улың ҳәм ақлығың бизлерге басшылық етиң. Себеби бизлерди мидянлылардың қолынан сен қутқардың, – деди.
23. Бирақ Гидеон оларға: – Мен де, улым да сизлерге басшылық қылмаймыз. Сизлерге Жаратқан Ийе басшылық қылады, – деп жуўап берди.
24. Соңынан Гидеон даўам етип: – Сизлерден бир тилегим бар: маған ҳәр бириңиз олжаларыңыздан бир алтын сырғадан бериңлер, – деди. Душпанлар исмайыллылар болғанлықтан, алтын сырға тағатуғын еди.
25. Израиллылар: – Жан деп беремиз, – деп, жерге бир жайыў жайды да, олжаларынан бир сырғадан жайыўдың үстине таслады.
26. Ай көринисиндеги безениў буйымларын, түймелерди, Мидян патшаларының шым қызыл шапанларын ҳәм түйелердиң мойнындағы алтын шынжырларды есапламағанда, Гидеонның алған алтын сырғаларының аўырлығы бир мың жети жүз шекел шықты.
27. Гидеон олардан бир эфод ислетип, оны өз қаласы болған Офраға жайластырды. Пүткил израиллылар усы эфодқа табынып, Жаратқан Ийеге опасызлық қылды. Солай етип, бул бут Гидеон ҳәм оның шаңарағы ушын бир дузақ болды.
28. Израиллылардан жеңилген мидянлылар оларға бир мәрте де қарсы көтерилмеди. Ел Гидеон дәўиринде қырық жыл парахатшылықта жасады.
29. Иоаш улы Еруббаал қайтып келип, өз үйинде жасаўды даўам етти.
30. Оның жетпис улы бар еди, себеби оның ҳаяллары көп болды.
31. Гидеонның Шехемде бир тоқалы бар еди. Сол тоқалы да бир ул туўып берип, оның атын Абимелех қойды.
32. Иоаш улы Гидеон мазмунлы узақ өмир сүрип, қайтыс болды. Ол Абиезер урпақларының Офра қаласындағы әкеси Иоаштың қәбирине жерленди.
33. Гидеон өлгеннен кейин, израиллылар Жаратқан Ийеге және опасызлық қылып, Баал мүсинлерине табынды. Олар Баал-Беритти өзлерине қудай етип қойды.
34. Өзлерин әтирапындағы душпанларынан қутқарған Қудайы Жаратқан Ийени умытты.
35. Және де, олар Израилға сонша жақсылықлар қылған Еруббаалдың, яғный Гидеонның шаңарағына да жақсы қатнаста болмады.

1. Еруббаалдың улы Абимелех дайыларының жанына, Шехем қаласына барып, оларға ҳәм анасының тийресинен болған барлық адамларға былай деди:
2. – Шехем халқынан: «Сизлер ушын қайсысы жақсырақ? Гидеонның жетпис улы сизлерге бийлик еткени ме ямаса бир адамның бийлик еткени ме?» – деп сораңлар. Мениң өзлериңиз бенен сүйеги бир, қанлас екенимди умытпаңлар.
3. Дайылары Абимелехтиң айтқанларын Шехем халқына жеткерди. Соннан кейин, Абимелехке халықтың кеўли ийип: «Ол бизлердиң туўысқанымыз болады», – деди.
4. Олар Абимелехке Баал-Берит бутханасынан жетпис шекел гүмис берди. Ал Абимелех бул ақшаға оңбаған ҳәм жарамас адамларды изине ертти.
5. Соңынан ол Офраға, әкесиниң үйине кетип, туўысқанларын, яғный Еруббаалдың жетпис улын бир тас үстинде өлтирди. Тек ғана Еруббаалдың генже улы Иотам қашып жасырынғаны ушын аман қалды.
6. Кейин пүткил Шехем ҳәм Бейт-Милло халықлары бирге жыйналып, Шехемдеги естелик тастың жанындағы теребинф ағашының қасына барды ҳәм Абимелехти патша етип тайынлады.
7. Бул хабар Иотамға жетип барғанда, ол Гериззим таўының төбесине шығып, бәлент даўыс пенен халыққа былай деди: «Ҳәй, Шехем халқы! Мени тыңлаңлар, сонда Қудай да сизлерди тыңлайды.
8. Бир күни тереклер өзлерине патша таңлап, оны майламақшы болыпты. Сонда олар зәйтүн ағашына барып: „Бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
9. Зәйтүн ағашы оларға: „Қудайлар ҳәм адамларды ҳүрметке еристириў ушын қолланылатуғын майымды таслап, тереклердиң үстинде шақаларымды тербелтип турайын ба?“ – деп жуўап берипти.
10. Сонда тереклер әнжир ағашына: „Кел, сен бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
11. Әнжир ағашы оларға: „Жақсы ҳәм мазалы мийўемди таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?“ – деп жуўап берипти.
12. Соңынан тереклер жүзим ағашына: „Кел, сен-ақ бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
13. Жүзим ағашы оларға: „Қудайлардың ҳәм адамлардың кеўлин көтеретуғын шарабымды таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?“ – депти.
14. Ақыры тереклер шеңгелге келип: „Кел, бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
15. Шеңгел оларға: „Егер шынында да мени майлап, өзлериңизге патша етип қоймақшы болсаңыз, онда келиңлер, көлеңкемде паналаңлар. Егер паналамасаңыз, тикенлеримнен шыққан от Лебанонның кедр ағашларын жандырып жибереди“, – депти.
16. Минекей, сизлер Абимелехти патша етип сайлап әдил ҳәм дурыс иследик деп санайсызлар ма? Еруббаал ҳәм оның шаңарағына жақсылық еткениңиз усы ма? Бул мүнәсибетиңиз әкеме ылайық па?
17. Ал әкем сизлерди мидянлылардың қолынан қутқарыў ушын өз жанын қәўип астына қойып, сизлер ушын урысты.
18. Бирақ бүгин сизлер әкемниң шаңарағына қарсы қол көтердиңлер, оның жетпис улын бир тастың үстинде өлтирдиңлер. Оның тоқалынан туўылған Абимелехти болса, өз туўысқаныңыз болғаны ушын Шехемге патша қылып қойдыңлар.
19. Егер бүгин Еруббаал ҳәм оның шаңарағына әдил ҳәм дурыс ис ислеген болсаңыз, онда Абимелех ушын қуўаның, ол да сизлер ушын қуўансын!
20. Бирақ олай болмаса, Абимелехтен от шығып, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқын жандырып жиберсин. Я болмаса, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқынан от шығып, Абимелехти жандырып жиберсин».
21. Соңынан Иотам туўысқаны Абимелехтен узаққа, Беерге қарай қашып кетип, сол жерде жасады.
22. Абимелех Израилды үш жыл басқарды.
23. Кейин Қудай Абимелех пенен Шехем халқының арасына жаман руўх жиберип, бир-бирине қарсы қылды ҳәм халық Абимелехке бойсынбай қойды.
24. Себеби Қудай буны өз туўысқанлары болған Еруббаалдың жетпис улын өлтирген Абимелехтен ҳәм оның бул исин қоллап-қуўатлаған Шехем халқынан, олар төккен қанның қунын алыў ушын иследи.
25. Шехем халқы Абимелехке қарсы таў басларында буққы жасады ҳәм ол жерден өткенлердиң ҳәммесин тонады. Бул ҳаққында Абимелехке хабар жетти.
26. Эбед улы Гаал туўысқанлары менен бирге келип, Шехемге жайласты. Ол Шехем халқының исенимине кирди.
27. Олар бағларға барып, жүзим жыйнады ҳәм оны сығып, шарап ислегеннен кейин, байрамлады. Олар өз қудайының бутханасында ишип-жеп отырып, Абимелехке мазақ сөзлер айтты.
28. Сонда Эбед улы Гаал былай деди: «Бизлер, яғный Шехем халқы Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты? Ол Еруббаалдың улы емес пе? Зебул да оның оң қолы емес пе? Сизлер шехемлилердиң атасы Хамордың урпағынан болғанларға хызмет қылыңлар. Абимелехке не деп хызмет етемиз?
29. Қәнекей, бул халықты мен басқарсам еди! Сонда Абимелехти өзим қуўып жиберер едим ҳәм оған: „Әскерлериңди көбейтип, саўаш майданына шық!“ – дер едим».
30. Қаланың басшысы болған Зебул Эбед улы Гаалдың сөзлерин еситкенде, ғәзеби қайнады.
31. Ол Абимелехке жасырын түрде хабаршылар жоллап, олар арқалы мыналарды айтып жиберди: «Мине, Эбед улы Гаал ҳәм оның туўысқанлары Шехемге келди. Олар қаланы саған қарсы қоймақта.
32. Енди сен түнде адамларың менен бирге келип, атызда буққы таслап жат.
33. Азанда таң атыўдан-ақ орныңнан турып, қалаға ҳүжим жаса. Гаал ҳәм оның адамлары саған қарсы шыққанда, оларға қолыңнан келгенин исле».
34. Солай етип, Абимелех ҳәм оның адамлары түнде турып, төрт топарға бөлинди де, Шехемге жақын жерде буққы таслап жатты.
35. Эбед улы Гаал сыртқа шығып, қала дәрўазасының аўзында турғанда, Абимелех ҳәм оның қасындағылар буққыда жатырған жеринен шықты.
36. Киятырғанларды көрген Гаал Зебулға: – Таўлардың төбесинен түсип киятырғанларға қара! – деди. Зебул оған: – Адамларға уқсатып турғаның негизинде таўлардың көлеңкеси-ғо, – деди.
37. Бирақ Гаал сөзин даўам етип: – Қара, үлкемиздиң ортасындағы төбешиктен адамлар түсип киятыр. Палкерлер теребинфи тәрептен де бир топар киятыр, – деди.
38. Сонда Зебул Гаалға: – Енди сениң: «Бизлер Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты?» – деген сөзиң қаяқта? Сен менсинбеген халық усы емес пе? Қәне, енди шығып, олар менен өзиң урыс, – деди.
39. Гаал Шехем халқын баслап, Абимелех пенен урысыўға шықты.
40. Бирақ ол жеңилип қаша баслады ҳәм Абимелех оның изинен қуўды. Қаланың кирер аўзына дейинги аралықта көп санлы өлилер жайрап жатты.
41. Абимелех Арумада қалды. Ал Зебул Гаалға ҳәм оның туўысқанларына Шехемде жасаўға рухсат бермей, оларды қаладан қуўып жиберди.
42. Ертеңине Абимелех шехемлилердиң атызларға шыққанынан хабар тапты.
43. Ол адамларын үш топарға бөлип, атызларда буққы таслап жатты. Халықтың қаладан шыққанын көргенде ҳүжим қылып, оларды өлтирди.
44. Абимелех жанындағы топары менен жылдам түрде қаланың кирер аўзына барып турғанда, басқа еки топары атызда болғанларға ҳүжим жасап, оларды өлтирди.
45. Абимелех күн бойы қалаға қарсы урысып, қаланы қолға киргизди ҳәм халқын қылыштан өткизди. Қаланы ўайран етип, үстине дуз септи.
46. Шехем минарасындағы адамлар болған ўақыялар ҳаққында еситкенде, Эл-Берит бутханасының қорғанын паналады.
47. Абимелех Шехем минарасында болғанлардың сол жерге жыйналғанынан хабар тапты.
48. Сонда ол қасындағы адамлары менен бирге Салмон таўына шықты. Қолына бир балта алып, теректиң шақасын шапты да, оны ийнине қойып, қасындағы халыққа: «Мениң не ислегенимди көрдиңлер, дәрриў сизлер де солай ислеңлер», – деди.
49. Солай етип, ҳәммеси бир шақадан кесип алып, Абимелехтиң изине ерди. Олар шақаларды қорғанның түбине үйип, от берди. Солай етип, Шехем минарасында болған мыңға жақын еркек ҳәм ҳаяллар өлди.
50. Соннан кейин, Абимелех Тебеске барды да, қаланы қамал қылып, оны қолға киргизди.
51. Қаланың ортасында беккем бир минара бар еди. Еркек ҳәм ҳаяллар, пүткил қала халқы сол жерди паналады. Олар қапыларды илип, минараның төбесине шықты.
52. Абимелех минараға келип, оған ҳүжим қылды. Бирақ ол минараға от бериў ушын қапысына жақынласқанда,
53. бир ҳаял дигирманның үстинги тасын Абимелехтиң үстине ылақтырып жиберип, басын жарды.
54. Абимелех дәрҳал қурал-жарағын алып жүретуғын нөкерин шақырып алды да, оған: – Қылышыңды шығар да, мени өлтир. Ҳеш ким: «Абимелехти бир ҳаял өлтирди» деп айтып жүрмесин, – деди. Нөкер қылышын Абимелехке суғып, оны өлтирди.
55. Абимелехтиң өлгенин көргенде, израиллылар үйлерине қайтты.
56. Солай етип, жетпис туўысқанын өлтирип, әкесине қарсы жаўызлық қылғаны ушын, Қудай Абимелехти усылай жазалады.
57. Қудай Шехем халқын да ислеген барлық жаўызлықлары ушын жазалады. Олар Еруббаалдың улы Иотамның ғарғысына ушырады.

1. Абимелехтиң өлиминен кейин, Израилды қутқарыў ушын Иссахар урыўынан Додоның ақлығы, Пуаның улы болған Тола атлы бир адам шықты. Тола Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Шамирде жасайтуғын еди.
2. Ол Израилға жигирма үш жыл бийлик еткеннен соң, қайтыс болды ҳәм Шамирде жерленди.
3. Соннан кейин, Гиладтан Яир деген адам шығып, Израилда жигирма еки жыл бийлик етти.
4. Оның отыз улы болды. Олар отыз ешекке минип, отыз қаланы басқарды. Гилад жериндеги бул қалалар бүгин де Яирге тийисли қалалар деп аталады.
5. Яир өлип, Қамонда жерленди.
6. Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Олар Баал ҳәм Аштарта мүсинлерине, арамлылар, сидонлылар, моаблылар, аммонлар ҳәм филистлердиң бутларына табынып кетти. Олар Жаратқан Ийени таслап кетти, Оған сыйынбай қойды.
7. Солай етип, израиллыларға ғәзеби қайнаған Жаратқан Ийе оларды филистлер менен аммонлардың қолына тапсырды.
8. Олар Иордан дәрьясының арғы тәрепинде, Гиладтағы аморлардың жеринде жасайтуғын пүткил израиллыларды сол жылдан баслап он сегиз жыл даўамында езип, оларға зулымлық иследи.
9. Аммон халқы Яҳуда, Бенямин ҳәм Эфрайым урыўлары менен урысыў ушын Иордан дәрьясынан өтти. Сол себепли Израил аўыр аўҳалда қалды.
10. Сонда израиллылар Жаратқан Ийеге: – Бизлер Саған қарсы гүна иследик. Сени, өз Қудайымызды таслап, Баалларға табынып кеттик, – деп нала шекти.
11. Жаратқан Ийе израиллыларға былай деп жуўап берди: – Сизлерди мысырлылардан, аморлардан, аммонлардан ҳәм филистлерден қутқарған Мен емес пе едим?
12. Сидонлылар, амалеклер ҳәм маонлылар сизлерге езиўшилик қылғанда да, сизлер Маған нала шеккен едиңиз ҳәм Мен сизлерди олардың қолынан қутқарған едим.
13. Бирақ сизлер Мени таслап, басқа қудайларға табынып кеттиңиз. Сол себепли Мен де енди сизлерди қутқармайман.
14. Барыңлар, таңлаған қудайларыңызға нала етиңлер. Қыйыншылыққа түскениңизде, сизлерди олар қутқарсын.
15. Израиллылар Жаратқан Ийеге: – Бизлер гүна иследик. Нени мақул деп тапсаң, бизлерге соны исле. Тек бүгин бизлерди қутқар, – деди.
16. Соңынан олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслап, Жаратқан Ийеге сыйынды. Жаратқан Ийе де израиллылардың жәбир шегиўине артық шыдамады.
17. Аммонлар урысыў ушын жыйналып, Гиладта орда қурғанда, израиллылар да жыйналып, Миспада ордасын қурды.
18. Гилад әскерлериниң басшылары бир-бирине: «Аммонларға қарсы биринши болып урысты баслаған адам пүткил Гилад халқының басшысы болады», – деди.

1. Гиладлы Ифтах деген бир мәрт жаўынгер бар еди. Ол бир бузық ҳаялдың улы болып, әкесиниң аты Гилад еди.
2. Гиладтың өз ҳаялы да оған уллар туўып берди. Олар үлкейгенде Ифтахты қуўып, оған: «Әкемиздиң үйинен мийрас алмайсаң. Өйткени сен басқа бир ҳаялдың улысаң», – деди.
3. Ифтах туўысқанларынан қашып, Тоб журтына жайласып алды ҳәм дөгерегине жыйналған оңбаған адамлар оның менен бирге басқыншылық ете баслады.
4. Бир қанша ўақыт өткеннен кейин, аммон халқы израиллыларға урыс ашты.
5. Урыс ўақтында, Гилад ақсақаллары Ифтахты алып келиў ушын Тоб журтына кетти.
6. Олар Ифтахқа: – Жүр, бизлердиң сәркәрдамыз бол, аммонлар менен урысайық, – деди.
7. Ифтах оларға: – Мени жек көрип, әкемниң үйинен қуўған сизлер емес пе? Басыңызға ис түскенде, не ушын маған келдиңиз? – деп жуўап берди.
8. Гилад ақсақаллары оған: – Енди саған бас ийип келиўимиздиң себеби, сен бизлер менен бирге барып, аммонлар менен урыс. Сонда сен бизлерге, яғный Гилад халқына басшы боласаң, – деди.
9. Ифтах олардан: – Аммонлар менен урысыўға мени алып барсаңыз ҳәм Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылса, онда мен сизлердиң басшыңыз боламан, – деди.
10. Гилад ақсақаллары оған: – Жаратқан Ийе бизлерге гүўа болсын, анық айтқаныңдай болады, – деди.
11. Солай етип, Ифтах Гилад ақсақаллары менен бирге кетти. Халық оны өзлерине басшы ҳәм сәркәрда етип қойды. Ифтах айтқан барлық сөзлерин Миспада, Жаратқан Ийениң алдында тәкирарлады.
12. Соннан кейин, Ифтах аммон халқының патшасына елшилер жиберип: «Жеримизге урыс ашыўға келгендей, бизлердиң арамызда қандай келиспеўшилик болған еди?» – деди.
13. Аммон патшасы Ифтахтың елшилерине мына жуўапты айтып жиберди: «Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Арнон дәрьясынан баслап Яббоқ ҳәм Иордан дәрьяларына дейинги жерлеримди алып қойды. Енди бул жерлерди маған урыссыз қайтарып бер».
14. Ифтах аммон халқының патшасына және елшилер жиберип,
15. былай деди: «Ифтах былай деп атыр: „Израил Моаб жерлерин де, аммон халқының жерлерин де алмады.
16. Себеби Израил Мысырдан шыққан ўақытта шөл арқалы жүрип, Қамыс теңизине, кейин Қадешке келди.
17. Соңынан Израил Эдом патшасына елшилер жиберип, жерлери арқалы өтиўге рухсат сорады. Бирақ Эдом патшасы қулақ аспады. Израил Моаб патшасына да елшилер жиберди, бирақ ол да рухсат бермеди. Сонлықтан Израил Қадеште қалды.
18. Кейин Израил шөл жерлер менен жүрип, Эдом менен Моаб жерлериниң әтирапынан өтти. Олар Моаб жериниң шығыс тәрепине келип, Арнонның арғы тәрепине орналасты. Бирақ Моаб шегарасының ишине кирмеди. Өйткени Арнон моаблылардың шегарасы еди.
19. Соңынан Израил Хешбонда ҳүкимдарлық етип атырған аморлардың патшасы Сихонға елшилер жиберип: „Жеримизге барыў ушын сениң елиң арқалы өтиўимизге рухсат бер“, – деди.
20. Бирақ Сихон Израилдың жеринен кесип өтиўине исенбеди. Сонлықтан ол барлық әскерлерин жыйнап, Яҳасада орда қурды ҳәм Израилға урыс ашты.
21. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Сихонды ҳәм оның пүткил халқын израиллыларға тәслим қылды. Израиллылар аморларды жеңип, олар жасаған жерлердиң ҳәммесин қолға киргизди.
22. Олар Арноннан Яббоқ дәрьясына, шөлден Иордан дәрьясына дейин созылған пүткил Амор жерлерин ийелеп алды.
23. Енди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе аморларды Өз халқы болған Израилдың алдынан қуўғаннан кейин, оларды қайтарып алыўға сениң қандай ҳақың бар?
24. Қудайың болған Кемош саған бир жер берсе, ол жерге ийелик етпес пе едиң? Бизлер де Қудайымыз Жаратқан Ийениң өзлеримизге берген жерлерине ийелик етемиз.
25. Сен Моаб патшасы Сиппор улы Балақтан үстемсең бе? Ол қашан израиллылар менен тартысып, қашан олар менен урысыўға шықты?
26. Израиллылар үш жүз жылдан берли Хешбон менен Ароерде ҳәм олардың әтирапындағы аўылларда, және де, Арнон жағасындағы барлық қалаларда жасап киятыр. Усы ўақытқа дейин бул жерлерди не ушын алмадыңлар?
27. Мен сениң алдыңда айыплы емеспен. Бирақ сен маған қарсы урысқа шығып, наҳақлық қылып атырсаң. Жаратқан Ийе – Қазы, Оның Өзи бүгин израиллыларға ҳәм аммонларға қазылық етсин“».
28. Бирақ Ифтахтың айтып жиберген бул сөзлерине Аммон патшасы қулақ салмады.
29. Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Ифтахтың үстине түсти. Ифтах Гилад ҳәм Менашшеден, соңынан Гиладтағы Миспадан өтип, аммонларға қарай кетти.
30. Ол Жаратқан Ийениң алдында ўәде берип былай деди: «Егер аммонларды маған тәслим қылсаң,
31. оларды жеңип, саў-саламат қайтқанымда, мени күтип алыў ушын үйимниң есигинен биринши болып ким шықса, оны Жаратқан Ийеге бағышлап, жандырылатуғын қурбанлық етип беремен».
32. Соннан кейин, Ифтах аммонлар менен урысыўға кетти. Жаратқан Ийе оларды Ифтахқа тәслим қылды.
33. Ифтах Ароерден Миннитке шекемги жигирма қаланы ҳәм Абел-Керамимге шекемги қалаларды ўайран етип, аммонларды үлкен жеңилиске ушыратты. Солай етип, аммонлар израиллыларға бағынышлы болды.
34. Ифтах Миспаға, өз үйине қайтқанда, оның қызы дәп шертип, ойынға түсип, оны күтип алыўға шықты. Бул қыз оның жалғыз перзенти болып, оннан басқа я улы, я қызы жоқ еди.
35. Ифтах қызын көргенде, кийимлерин жыртып: – Ўаҳ, қызым, жүрегимди қан етип, мени бахтықара қылдың-ғо! Өйткени мен Жаратқан Ийеге берген ўәдемди буза алмайман, – деди.
36. Қыз әкесине: – Аға, сен Жаратқан Ийеге ант иштиң. Жаратқан Ийе душпанларың болған аммонлардан сениң ушын өш алған екен, енди сен де аўзыңнан не шыққан болса, маған соны исле, – деди.
37. Соңынан қыз әкесине және: – Бир тилегим бар: маған еки ай мәўлет бер, досларым менен таўға шығып, маған турмысқа шығыў несип етпегенине жылайын, – деди.
38. Әкеси қызына: – Яқшы, бара ғой, – деп еки айға рухсат берди. Қыз дослары менен бирге таўға шығып, турмысқа шығыў несип етпегенине жылады.
39. Еки айдан соң, қыз әкесиниң жанына қайтты. Әкеси берген ўәдесин орынлады. Қызға еркектиң қолы тиймеген еди. Соннан кейин, Израилда мынадай бир дәстүр пайда болды:
40. Израил халқының қызлары ҳәр жылы таўға шығып, гиладлы Ифтахтың қызы ушын төрт күн аза тутатуғын болды.

1. Эфрайым урыўы жыйналып, Сафонға қарай кешип өтти. Олар Ифтахқа: – Аммонлар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди не ушын шақырмадың? Сонлықтан бизлер сени де, үйиңди де жағып жиберемиз, – деди.
2. Ифтах оларға: – Халқым ҳәм мен аммонлар менен қатты жәнжеллескенимизде, мен сизлерди шақырған едим. Бирақ сизлер келип, мени олардың қолынан қутқармадыңлар.
3. Мени қутқармайтуғыныңызға көзим жеткенде, жанымды қәўип астына қойып, аммонларға қарсы ҳүжим жасадым. Кейин Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылды. Не ушын бүгин мениң менен урысыўға келдиңлер? – деди.
4. Эфрайым урыўынан болғанлар гиладлыларға: «Ҳәй, Эфрайым ҳәм Менашше урпақлары арасында жасайтуғын гиладлылар! Сизлер Эфрайымның қашқынларысыз», – деген еди. Сонда Ифтах пүткил Гилад халқын жыйнап, Эфрайым урыўына қарсы саўашқа түсти ҳәм оларды қыйратты.
5. Иордан дәрьясындағы Эфрайым урыўының жерине қарай өтетуғын өткеллерди қолға алған гиладлылар өтпекши болып келген қашқыннан: «Эфрайым урыўынанбысаң?» деп сорағанда, ол: «Яқ» десе,
6. сонда оларға: «Шиболет деп айт», – дейтуғын еди. Бирақ олар: «Сиболет» дейтуғын еди. Өйткени олар «шиболет» сөзин дурыс айта алмайтуғын еди. Сол себепли оларды услап, Иордан дәрьясының өткеллеринде өлтиретуғын еди. Сол ўақытта эфрайымлылардан қырық еки мың адам өлтирилди.
7. Гиладлы Ифтах Израилда алты жыл бийлик қылды. Соннан кейин ол өлип, Гиладтың бир қаласында жерленди.
8. Кейин ала Израил халқына бейтлеҳемли Ибсан бийлик етти.
9. Ибсанның отыз улы ҳәм отыз қызы болды. Ол қызларын басқа тийрелерге узатып, улларын да басқа урыўлардан үйлендирди. Ибсан Израилда жети жыл бийлик етти.
10. Соңынан ол өлип, Бейтлеҳемде жерленди.
11. Ибсаннан кейин, Израилда Зебулон урыўынан болған Элон он жыл бийлик етти.
12. Ол өлип, Зебулон жериндеги Айялонда жерленди.
13. Элоннан кейин, Израилда Пиратоннан болған Ҳиллел улы Абдон бийлик етти.
14. Абдонның жетпис ешекке минип жүретуғын қырық улы ҳәм отыз ақлығы болды. Абдон Израилда сегиз жыл бийлик етти.
15. Пиратонлы Ҳиллелдиң улы Абдон өлип, Эфрайым жериндеги, бурын амалеклерге тийисли болған таўлы үлкедеги Пиратонға жерленди.

1. Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. Жаратқан Ийе де оларды қырық жылға филистлердиң қолына тапсырды.
2. Сора қаласынан, Дан урыўынан болған Маноах атлы бир адам бар еди. Оның ҳаялы нәсилсиз болып, ҳеш перзенти жоқ еди.
3. Жаратқан Ийениң периштеси ҳаялға көринип, оған былай деди: – Сен нәсилсиз болып, перзент көрмеген болсаң да, енди ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң.
4. Ендигиден былай абайлы бол, сен шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме.
5. Себеби сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Оның басына пәки тиймесин. Өйткени бала ана қурсағынан баслап-ақ, Қудайға бағышланған болады ҳәм ол Израил халқын филистлердиң қолынан қутқара баслайды.
6. Ҳаял күйеўине былай деди: – Қасыма Қудайдың бир адамы келди. Ол Қудайдың периштеси сыяқлы жүдә айбатлы еди. Мен оннан қай жерден келгенин сорамадым, ол да маған атын айтпады.
7. Бирақ ол маған: «Сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Ендигиден былай, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме. Себеби бала ана қурсағынан баслап, өлетуғын күнине дейин, Қудайға бағышланған болады», – деди.
8. Сонда Маноах Жаратқан Ийеге дуўа етип: «О Ийем, Сен жиберген сол Қудайдың адамы және келиўин ҳәм туўылатуғын бала ушын не ислеўимиз кереклигин бизлерге үйретиўин жалбарынып сорайман», – деди.
9. Қудай Маноахтың дуўасын еситти. Ҳаял атызда отырған ўақытта, Қудайдың периштеси оған және келди. Бирақ Маноах ҳаялының жанында жоқ еди.
10. Ҳаял күйеўине хабар бериў ушын асығыс түрде жуўырып кетти ҳәм күйеўине: – Ана бирде қасыма келген адам маған және көринди! – деди.
11. Маноах турып, ҳаялының изине ерди ҳәм сол адамның жанына келип, оннан: – Ҳаялым менен сөйлескен сиз бе? – деп сорады. Сол адам оған: – Аўа, мен, – деди.
12. Маноах оннан: – Сизиң айтқанларыңыз орынланғанда, бала қалай жасаўы ҳәм не ислеўи керек? – деп сорады.
13. Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа былай деди: – Ҳаялың айтқанларымның ҳәммесин орынласын.
14. Ол жүзимнен исленген ҳеш бир нәрсени жемесин, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпесин ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жемесин. Буйырғанларымның ҳәммесин орынласын.
15. Сонда Маноах Жаратқан Ийениң периштесине: – Тоқтап турың. Сиз ушын бир ылақ соймақшымыз, – деди.
16. Жаратқан Ийениң периштеси оған: – Мени ириккениң менен таярлаған аўқатыңды жемеймен. Егер жандырылатуғын қурбанлық бермекши болсаң, оны Жаратқан Ийеге бер, – деди. Ал Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенлигин билмеген еди.
17. Маноах Жаратқан Ийениң периштесине: – Айтқанларыңыз орынланғанда, сизге алғыс айтыўымыз ушын, атыңыздың ким екенин айтың, – деди.
18. Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа: – Атымды не ушын сорап атырсаң? Мениң атым қупыя ат, – деди.
19. Маноах бир ылақ пенен ғәлле садақасын алып, бир тастың үстинде Жаратқан Ийеге қурбанлық берди. Сол ўақытта Маноахтың ҳәм оның ҳаялының көз алдында таң қаларлық ўақыя жүз берди:
20. қурбанлық орыннан жалын көтерилгенде, Жаратқан Ийениң периштеси жалын менен бирге аспанға көтерилип кетти. Буны көрген Маноах ҳәм оның ҳаялы ет- бетинен жерге жығылды.
21. Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа ҳәм оның ҳаялына қайтып көринбеди. Сонда Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинди.
22. Маноах ҳаялына: – Бизлер сөзсиз өлемиз, өйткени Қудайды көрдик, – деди.
23. Ҳаялы оған: – Егер Жаратқан Ийе бизлерди өлтириўди қәлегенде, онда жандырылатуғын қурбанлығымызды ҳәм ғәлле садақамызды қабыл етпеген болар еди. Ол бүгин булардың барлығын бизлерге көрсетип те, айтып та отырмас еди, – деп жуўап берди.
24. Солай етип, ҳаял ул туўып, оның атын Самсон деп қойды. Бала өсип үлкейди ҳәм Жаратқан Ийе оны жарылқады.
25. Сора менен Эштаол арасындағы Махане-Данда болған Самсонды Жаратқан Ийениң Руўхы басқара баслады.

1. Бир күни Самсон Тимнаға барды. Ол жерде Самсон филистли бир қызды көрип қалды.
2. Ол қайтып келип, ата-анасына: – Тимнада филистли бир қызды көрдим, оны маған ҳаяллыққа алып бериң, – деди.
3. Ата-анасы оған: – Ағайин-туўғанлардың ямаса халқымыздың арасында саған қыз қурып қалып па? Не ушын сүннетсиз филистлерден қыз алмақшысаң? – деди. Бирақ Самсон әкесине: – Маған сол қызды алып бер, өйткени ол маған унап қалды, – деди.
4. Самсонның ата-анасы буның Жаратқан Ийениң ерки екенин билмейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийе сол ўақытта израиллыларға ҳүкимдарлық етип атырған филистлерге қарсы қолайлы пурсат излеп атырған еди.
5. Солай етип, Самсон ата-анасы менен бирге Тимнаға кетти. Олар Тимнадағы жүзим бағларына жақынласқанда, бир жас арыслан ақырып, Самсонның қарсы алдынан шықты.
6. Сонда Самсон үстине түскен Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке толды ҳәм ол қолында ҳеш нәрсе болмаса да, арысланды ылақты бөлгендей етип, бөлип таслады. Бирақ ол бул исин ата- анасына билдирмеди.
7. Соңынан Самсон барып, қыз бенен сөйлести ҳәм қыз оған унады.
8. Бир неше күннен кейин, Самсон қызға үйлениў ушын және Тимнаға кетип баратырғанда, ол арысланның өлигин көриў ушын бурылды. Қараса, арысланның өлигинде пал ҳәррелериниң уясы ҳәм пал бар екен.
9. Самсон палдан бир қосуўыс алып, жол-жөнекей жеп кетти. Ол ата-анасына келип, оларға да палдан берди, олар да жеди. Бирақ палды арысланның өлигинен алғанын айтпады.
10. Самсонның әкеси қыздың үйине барды ҳәм Самсон да ол жерде зыяпат берди. Себеби дәстүр бойынша күйеў бала усылай ислейтуғын еди.
11. Филистлер Самсонға отыз жас жигитти күйеў жора қылып жиберди.
12. Сонда Самсон оларға былай деди: – Мен сизлерге бир жумбақ айтайын. Жумбағымды зыяпаттың жети күни ишинде дурыс тапсаңыз, онда сизлерге зығырдан тоқылған отыз көйлек ҳәм баҳалы отыз шапан беремен.
13. Бирақ егер жумбақты таба алмасаңлар, онда сизлер маған зығырдан тигилген отыз кийим ҳәм баҳалы отыз шапан бересизлер. Олар Самсонға: – Жумбағыңды айт, еситейик, – деди.
14. Самсон оларға былай деди: «Жейтуғыннан желинетуғын шықты, Күшлиден мазалы шықты». Арадан үш күн өтсе де, филистлер жумбақты таба алмады.
15. Төртинши күни олар Самсонның ҳаялына: – Күйеўиңди көндирип, бизлерге жумбақтың шешимин билип бер. Болмаса, бизлер сени де, әкеңниң үйин де жағып жиберемиз. Бизлерди не бул жерге тонаў ушын шақырдыңлар ма? – деди.
16. Ҳаялы Самсонға жылап: – Сен мени жек көресең, сен мени жақсы көрмейсең. Өйткени мениң халқымның жигитлерине жумбақ айттың, бирақ оның жуўабын маған айтпадың, – деди. Самсон ҳаялына: – Өз ата-анама айтпағанымды не ушын саған айтыўым керек? – деди.
17. Ҳаял жети күн даўам етип атырған зыяпаттың қалған күнинде жылап қоймады. Ҳаялы жанына тийип қоймағанлықтан, Самсон оған жетинши күни жумбақтың жуўабын айтты. Ал ҳаял болса, жуўапты өз халқының жигитлерине жеткизди.
18. Жетинши күни күн батпастан бурын, қаланың жигитлери Самсонға келип, былай деди: «Палдан татлы, Арысланнан күшли не бар?» Самсон оларға: – Егер мениң қашарым менен жер сүрмегениңизде, жумбағымды шеше алмас едиңлер, – деди.
19. Сонда Самсон үстине түскен Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке толды. Самсон Ашкелонға кетти ҳәм ол жерде отыз адамды өлтирип, олардың кийим-кеншеклерин шешип алды да, оларды жумбақты шешкен адамларға әкелип берди. Кейин ол сол ғәзеплениўи менен әкесиниң үйине қайтып кетти.
20. Ал Самсонның ҳаялы болса, Самсонның күйеў жораларының бирине узатылып жиберилди.

1. Бир неше күннен кейин, бийдай орағының ўақтында Самсон бир ылақ алып, ҳаялын көриўге барды ҳәм ол: «Ҳаялымның бөлмесине кирмекшимен», – деди. Бирақ ҳаялдың әкеси Самсонның кириўине рухсат бермеди
2. ҳәм оған: – Сени қызымды таслап кетти деп ойлап, оны сениң күйеў жораларыңның бирине узатып жибердим. Кишкене қызым оннан гөре сулыўырақ емес пе? Оның орнына сол қызымды ала ғой, – деди.
3. Сонда Самсон: – Енди филистлерге жаманлық қылсам да, ҳақым бар, – деди.
4. Соңынан Самсон далаңлыққа шығып, үш жүз түлки услады. Ол ҳәр еки түлкиниң қуйрықларын бир-бирине байлап, қуйрықларының арасына бир шомнан байлап шықты.
5. Самсон шомларды жағып, түлкилерди филистлердиң егинлериниң арасына жиберди. Солай етип, филистлердиң гүдилери, орылмаған бийдайлары, жүзим ҳәм зәйтүн бағлары жанып кетти.
6. Филистлер: «Буны ким иследи?» – деп сорастырғанда, оларға: «Буны тимналының күйеў баласы Самсон иследи. Өйткени қәйин атасы оның ҳаялын күйеў жораларының бирине узатып жиберипти», – деген хабар жетти. Филистлер барды да, ҳаялды ҳәм оның әкесин жағып жиберди.
7. Сонда Самсон оларға: – Усылай ислегениңиз ушын, сизлерден өш алмай қоймайман! – деди.
8. Самсон оларға аяўсыз түрде ҳүжим жасап, олардың көбисин өлтирди. Соңынан ол Этам жар тасына барып, сол жердеги бир үңгирди паналады.
9. Филистлер де Яҳудаға барып, сол жерге орда қурды да, Лехийге шабыўыл жасады.
10. Сонда яҳудалылар оларға: «Не ушын бизлер менен урысыўға келдиңлер?» – деп сорады. Филистлер оларға: «Бизлерге қылғанын өзине ислеў ушын, Самсонды тутып алыўға келдик», – деп жуўап берди.
11. Яҳудалылардан үш мың адам Этам жар тасындағы үңгирге барып, Самсонға: – Филистлердиң бизлерге ҳүкимдарлық қылатуғынын билмейсең бе? Сен не ушын бизлерге булай иследиң? – деди. Самсон оларға: – Олар маған не ислеген болса, мен де оларға соны иследим, – деп жуўап берди.
12. Олар Самсонға: – Бизлер сени байлап, филистлердиң қолына тапсырыў ушын келдик, – деди. Самсон оларға: – Мени өлтирмейтуғыныңызды айтып, ант ишиңлер, – деди.
13. Олар Самсонға: – Болады, бизлер сени тек байлап, олардың қолына тапсырамыз. Сөз беремиз, сени өлтирмеймиз, – деди. Соннан кейин, олар Самсонды еки таза арқан менен байлап, үңгирден шығарды.
14. Самсон Лехийге жақынласқанда, филистлер оны қышқырысып күтип алды. Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Самсонның үстине түсти ҳәм оның қолларына байланған арқанлар жанған сабан сыяқлы үзилип түсти+.
15. Самсон жаңа өлген бир ешектиң жақ сүйегин таўып, оны қолына алды да, оның менен мың адамды өлтирди+.
16. Соңынан ол былай деди: «Бир ешектиң жақ сүйеги менен, Оларды үйиндилерге айландырдым, Бир ешектиң жақ сүйеги менен, Мың адамды өлтирдим».
17. Самсон буларды айтып болғаннан соң, жақ сүйекти ылақтырып таслады. Сол жер Рамат-Лехий деп аталды.
18. Бирақ Самсон қатты шөллегенликтен, Жаратқан Ийени шақырып: «Сен Өз қулыңа уллы бир жеңис бердиң. Бирақ енди мен шөлден өлип, сүннетсизлердиң қолына түсемен бе?» – деди.
19. Сонда Жаратқан Ийе Лехийдеги шуқырлықты жарды ҳәм оннан суў шықты. Самсон суў ишип, ҳәлленип алды. Сонлықтан суў шыққан жерге Эн-Ҳаққоре деген ат берилди. Булақ бүгин де Лехийде тур.
20. Самсон филистлердиң ҳүкимдарлық дәўиринде израиллыларға жигирма жыл бийлик қылды.

1. Бир күни Самсон Газаға барды. Сол жерде бир бузық ҳаялды көрип қалып, оның менен бирге түнеди.
2. Газалыларға: «Самсон усы жерге келди», – деген хабар жетиўден, олар сол дөгеректи қоршап алды да, түн бойы Самсонды аңлып, қала дәрўазасының жанында буққы таслап жатты. Олар: «Күн шығыўдан, оны өлтиремиз», – деп ойлап, түн бойы турған жеринен қыймылдамады.
3. Ал Самсон түн ортасына дейин жатты. Ол түн ярымында орнынан турып, қала дәрўазасын еки жақлаў ҳәм илгиши менен қосып, орнынан қопарып алды. Оны ийнине қойып, Хебронның қарсы алдындағы таўдың төбесине апарып таслады.
4. Буннан соң, Самсон Сорек ойпатлығында жасайтуғын Делила атлы бир қызға ашық болып қалды.
5. Филист ҳүкимдарлары ҳаялға келип: – Сен Самсонның қүдиретли күшиниң сыры неде екенин билип бер. Оны байлап бойсындырыўымыз ушын, қалай жеңе алатуғынымызды айтыўға ҳийле менен оны көндир. Усылай ислесең, бизлер саған ҳәр биримиз бир мың бир жүз гүмис шекелден беремиз, – деди.
6. Сонда Делила Самсонға: – Илтимас, маған бул қүдиретли күшти қай жерден алып атырғаныңды айт. Сени бойсындырыў ушын, не менен байлаў керек? – деп сорады.
7. Самсон оған: – Егер мени кеппеген жети таза гирис пенен байласа, сонда мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
8. Сонда Филист ҳүкимдарлары Делилаға кеппеген жети таза оқ жайдың гирисин әкелип берди. Делила оның менен Самсонды байлады.
9. Сол ўақытта ишки бөлмеде ҳаялдың жасырынып турған адамлары бар еди. Делила Самсонға: – Самсон! Филистлер бастырып келди! – деди. Самсон байланған гирислерди отқа жанған жип сыяқлы үзип таслады. Солай етип, оның күшиниң сыры ашылмай қалды.
10. Сонда Делила Самсонға: – Мени алдап, жалған сөйледиң. Енди айт, сени не менен байлаў керек? – деди.
11. Самсон оған: – Егер мени ҳеш қолланылмаған таза арқан менен байласа, мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
12. Солай етип, Делила таза арқанды алып, Самсонды байлады да: – Самсон! Филистлер киятыр! – деди. Сол ўақытта аңлып отырғанлар ишки бөлмеде отыр еди. Самсон қолларындағы арқанды жип сыяқлы үзип таслады.
13. Делила Самсонға: – Ҳәзирге дейин мени алдап, маған жалған сөйледиң. Маған айтшы, сени не менен байлаўға болады? – деди. Самсон оған: – Егер жети бурым шашымды өрмекке қосып тоқып, оны қазық пенен беккемлесең, мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
14. Самсон уйықлап атырғанда, Делила оның жети бурым шашын өрмекке қосып тоқыды да, қазық пенен беккемледи. Соңынан ол: – Самсон! Филистлер киятыр! – деди. Сонда Самсон уйқысынан оянып, өрмек ҳәм қазықты таўар менен қоса шашынан жулып алды.
15. Сонда Делила Самсонға: – Маған исенбей турып, қалайынша: «Сени жақсы көремен», – деп айта аласаң? Мине, сен мени үшинши мәрте алдап, қүдиретли күшиңниң сыры неде екенин айтпай отырсаң, – деди.
16. Делила ҳәр күни усы сөзлер менен Самсонның мазасын алып, қыйнап жиберди. Ақырында бул Самсонның жанына батқанлықтан,
17. ол қызға өзиниң барлық ишки сырын ашып: – Мениң басыма ҳеш пәки тиймеген. Өйткени мен анамның қурсағына түскеннен баслап, Қудайға бағышланғанман. Егер шашымды алдырсам, мен өз күшимди жойтаман ҳәм әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
18. Делила Самсонның ишки сырының барлығын ашып бергенин билгенде, филистлердиң ҳүкимдарларын шақыртты да: – Және келиңлер, өйткени Самсон маған өз сырын ашты, – деди. Филист ҳүкимдарлары қолларына гүмислерин алып, Делилаға келди.
19. Делила Самсонды дизесиниң үстинде уйықлатты да, адамларынан биреўин шақырып, Самсонның жети бурым шашын қырқтырды. Солай етип, Делила Самсонның үстинен бийликти өз қолына ала баслады ҳәм оның күши қайтып қалды.
20. Делила Самсонға: – Самсон! Филистлер киятыр! – деди. Самсон оянып: «Бурынғыдай өзимди азат етемен», – деп ойлады. Бирақ ол Жаратқан Ийениң өзин таслап кеткенин билмеген еди.
21. Сонда филистлер оны қолға алып, көзлерин ойып таслады. Олар Самсонды Газаға апарып, қола шынжырлар менен байлады ҳәм қамақханада оған дигирман айдатты.
22. Бирақ Самсонның қырқылған шашлары өсе баслады.
23. Филист ҳүкимдарлары өз қудайы Дагонның ҳүрметине уллы байрам берип, оған қурбанлықлар бериў ҳәм кеўил көтериў ушын жыйналып: «Қудайымыз душпанымыз болған Самсонды бизлерге тәслим етти», – деди.
24. Филист халқы Самсонды көргенде, өзлериниң қудайына былай деп алғыс айта баслады: «Өлтирип көп адамларымызды, Елимизди ўайран еткен душпанымызды, Қудайымыз бизлерге тәслим етти».
25. Олардың кейпи көтерилгенде: «Самсонды алып келиңлер, ол бизлердиң кеўлимизди көтерсин», – деди. Олар Самсонды қамақханадан әкелдирип, оны мазақ қыла баслады. Сонда оны өрелердиң арасына турғызып қойған еди.
26. Самсон өзиниң қолынан услап келген хызметшиге: – Мен усы жайды тиреп турған өрелерге қолымды қойып, оларға сүйенип турайын, – деди.
27. Бутхананың иши еркек ҳәм ҳаялларға толы болып, филистлердиң барлық ҳүкимдарлары да сол жерде еди. Үш мыңға жақын еркек ҳәм ҳаяллар Самсонды тамаша қылыў ушын тамның басында тур еди.
28. Самсон Жаратқан Ийеге: «Қудай Ийе, мени есиңе ал. Жалбарынаман, маған және бир мәрте күш бер, о Қудайым. Бир умтылғанда, филистлерден еки көзим ушын өш алайын», – деп жалбарынды.
29. Соңынан ол бутхананы тиреп турған орайлық өрелердиң бириншисине оң қолын, ал екиншисине шеп қолын тиреди де:
30. «Филистлер менен бирге өлейин!» – деди ҳәм бар күши менен өрелерди ийтерип жиберди. Бутхана филистлердиң ҳүкимдарларының ҳәм ишиндеги адамлардың ҳәммесиниң үстине қулап түсти. Солай етип, Самсон өлип баратырып, тири ўақтында өлтиргенлеринен гөре көбирек адамларды өлтирди.
31. Самсонның туўған-туўысқанлары ҳәм пүткил үй-иши келип, оның өлигин алып кетти. Олар Самсонды әкеси Маноахтың Сора менен Эштаол арасындағы қәбирине жерледи. Самсон Израилда жигирма жыл бийлик қылған еди.

1. Эфрайымның таўлы үлкесинде Миха атлы бир адам бар еди.
2. Миха анасына: – Сеннен урланған бир мың бир жүз гүмис шекел есиңде ме? Сен оны урлағанды көз алдымда ғарғаған едиң-ғо. Сол гүмис менде, оны мен алған едим, – деди. Сонда анасы оған: – Сени Жаратқан Ийе жарылқасын, балам! – деди.
3. Миха бир мың бир жүз шекел гүмисти анасына қайтарып берди. Ал анасы: «Улымның бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислетиўи ушын, мен бул гүмисти Жаратқан Ийеге бағышлайман. Улым, гүмисти өзиңе қайтарып берип атырман», – деди.
4. Солай етип, анасы Миха қайтарып берген гүмистен еки жүз теңгени алып, оны зергерге берди. Зергер оннан бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислеп берди. Олар Миханың үйине қойылды.
5. Миханың сыйыныў ушын салдырған мухаддес үйи бар еди. Ол бир эфод ҳәм үй бутларын ислетип, улларының бирин руўханий етип тайынлады.
6. Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.
7. Сол ўақытлары Яҳуда урыўының Бейтлеҳем қаласында жасап атырған лебийли бир жас жигит бар еди.
8. Ол жасаўға басқа бир жер табыў ушын, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан шықты да, жол-жөнекей Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Миханың үйине келди.
9. Миха оннан: – Қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Ол Михаға: – Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырман. Өзим лебийлимен, жасайтуғын жер излеп жүрмен, – деди.
10. Миха оған: – Мениң үйимде қалып, мениң кеңесгөйим ҳәм руўханийим бол. Мен саған жылына он шекел гүмис берейин, тамағыңды тойдырайын ҳәм кийиндирейин, – деди.
11. Солай етип, лебийли жигит Миханың үйинде жасаўға келисим берди. Миха да оны өз улындай көрди.
12. Миха лебийлини руўханий етип қойды ҳәм ол Миханың үйинде жасап қалды.
13. Сонда Миха: «Енди мен Жаратқан Ийениң маған жақсылық қылатуғынын билемен. Өйткени мениң лебийли руўханийим бар», – деди.

1. Сол дәўирде Израилда патша жоқ еди. Сонда Дан урыўы мәканлайтуғын жер излеп атырған еди. Өйткени оларға Израил урыўлары арасында өзлерине тийисли үлес жер еле берилмеген еди.
2. Солай етип, данлылар өз урыўындағы барлық тийрелери ишинен Сора ҳәм Эштаол қалаларынан болған бес батыр жигитти жерлерди көзден өткерип, оларды билип қайтыў ушын жиберди. Олар жигитлерге: «Барып, жерлерди көзден өткизиңлер», – деди. Жигитлер Эфрайымның таўлы үлкесинде жайласқан Миханың үйине келди ҳәм сол жерде түнеп қалды.
3. Олар Миханың үйиниң жанында турғанда, лебийли жас жигиттиң сөйлеген сөзинен таныды ҳәм сол тәрепке бурылып, оннан: – Сени бул жерге ким әкелди? Бул жерде не ислеп атырсаң? Не ушын бул жердесең? – деп сорады.
4. Лебийли жигит Миханың өзине не ислегенлерин айтып: – Миха мени жаллады, мен оған руўханийлик қыламан, – деди.
5. Сонда данлылар оған: – Бизлердиң баратырған бул жолымыздың сәтли яки сәтсиз екенин Қудайдан сорап, билип бер, – деди.
6. Руўханий оларға: – Қәўетерленбей кете бериңлер, Жаратқан Ийе баратырған жолыңызда яр болады, – деп жуўап берди.
7. Солай етип, сол бес адам жолға шығып, Лайышқа келди. Олар қала халқының сидонлылар сыяқлы қәўипсиз, тыныш ҳәм бийғам өмир сүрип атырғанын көрди. Бул үлкениң халқына ҳүкимин өткизип, жәбир беретуғын ҳеш ким жоқ еди. Олар сидонлылардан узақта болып, ҳеш ким менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди.
8. Бес жигит Сора ҳәм Эштаолға, урыўласларының жанына қайтқанда, урыўласлары олардан: – Қандай хабар алып келдиңлер? – деп сорады.
9. Жигитлер оларға былай деп жуўап берди: – Жүриңлер, сидонлыларға ҳүжим етейик. Бизлер олардың жерин көрдик, ол жүдә жақсы жер екен. Не қылып турсызлар? Иркилмей барып, оған ийелик етейик.
10. Ол жерге барғаныңызда, бийғам жасап атырған халықты ҳәм жүдә кең жерди көресизлер. Ҳеш қандай кемшилиги жоқ ол жерди Қудай қолыңызға тапсырып атыр.
11. Сонда Дан урыўынан алты жүз адам қуралланып, Сора ҳәм Эштаолдан жолға шықты.
12. Олар Яҳудаға келип, Кирят-Ярим қаласының жанында орда қурды. Сол себепли Кирят-Яримниң батысындағы бул жер бүгинги күнге дейин Махане-Дан деп аталады.
13. Данлылар сол жерден Эфрайымның таўлы үлкесине қарай кетип, Миханың үйине келди.
14. Лайыш журтын көзден өткериўге кеткен бес жигит урыўласларына: «Сизлер мына үйлердиң биринде эфод, үй бутлары, бир жонылған ҳәм бир қуйма бут бар екенин билесизлер ме? Енди не ислеў кереклигин өзлериңиз шешиңлер», – деди.
15. Сонда олар лебийли жас жигит жасап атырған Миханың үйине келип, лебийлиден ҳал-аўҳал сорады.
16. Ал қуралланған алты жүз данлы адам дәрўазаның кирер аўзында турды.
17. Жерди көзден өткерген бес жигит үйге кирип, эфодты, үй бутларын, жонылған бутты ҳәм қуйма бутты алып шықты. Руўханий ҳәм қуралланған алты жүз адам дәрўазаның кирер аўзында турған еди.
18. Олардың Миханың үйине кирип, эфодты, үй бутларын, жонылған бутты ҳәм қуйма бутты алып шыққанын көрген руўханий олардан: – Не қылып атырсызлар? – деп сорады.
19. Олар руўханийге: – Үниңди өшир, аўзыңды жап. Сен бизлер менен бирге жүр де, бизлерге кеңесгөй ҳәм руўханий бол. Саған бир адамның үйинде руўханийлик еткениң жақсы ма, я Израилдың бир урыўы ямаса бир тийресине руўханийлик еткениң жақсы ма? – деди.
20. Руўханий қуўанып кетти. Ол эфодты, үй бутларын ҳәм жонылған бутты алып, сол адамлар менен бирге кетти.
21. Данлылар бала-шағаларын, малларын ҳәм дүнья-мүлкин алдына салып, жолға шықты.
22. Данлылар Миханың үйинен узақласқанда, Миханың қоңсы-қобалары жыйналып, оларды қуўып жетти.
23. Олар данлылардың изинен бақырғанда, данлылар артына бурылып қарап, Михаға: – Не болып қалды, неге адамларды жыйнап келдиң? – деди.
24. Миха оларға: – Сизлер мениң руўханийимди ҳәм соқтырған бутларымды алып кеттиңлер. Маған не қалды өзи? Және меннен: «Саған не болды?» – деп сорағаныңыз неси?! – деди.
25. Данлылар оған: – Үниңди өшир! Болмаса, адамларымыздың базылары ғәзепленип, ҳүжим етсе, өзиңди де, шаңарағыңды да набыт қыласаң, – деди.
26. Соннан кейин, данлылар жолларын даўам етти. Миха олардың өзинен гөре күшлирек екенлигин көрип, үйине қайтып кетти.
27. Ал данлылар Миханың соқтырған затларын ҳәм руўханийин жанына алып, Лайышқа қарай кетти. Олар тыныш ҳәм бийғам қала халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди.
28. Бейт-Рехобтың жанындағы ойпатлықта жайласқан Лайыш қаласына жәрдемге келетуғын ҳеш ким болмады. Өйткени Лайыш Сидоннан узақта болып, басқа қалалар менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди. Дан урыўы қаланы жаңадан қурып, сол жерге орналасып қалды.
29. Олар Израилдың улы болған бабасы Данның ҳүрметине қаланы Дан деп атады. Қаланың ески аты Лайыш еди.
30. Данлылар жонылған бутты сол жерге орнатты. Муўсаның ақлығы болған Гершомның улы Ионатан ҳәм оның уллары сүргинге дейин Дан урыўына руўханийлик қылды.
31. Қудайдың Үйи Шилода болған ўақыт даўамында, данлылар Миха ислеткен жонылған бутқа табынды.

1. Израилда патша болмаған дәўирде, Эфрайымның таўлы үлкесиниң алыс түпкиринде лебийли бир адам жасайтуғын еди. Сол лебийли адам Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан өзине бир тоқал алды.
2. Бирақ тоқалы оған опасызлық етти ҳәм оны таслап, әкесиниң үйине, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласына кетип қалды. Ҳаял сол жерде төрт ай болғанда,
3. күйеўи оның кеўлин таўып, қайтарып алып келиў ушын изинен келди. Ол өзи менен бирге хызметшисин ҳәм еки ешегин алып келген еди. Ҳаял оларды әкесиниң үйине киргизди ҳәм ҳаялдың әкеси лебийлини көргенде, оны қуўаныш пенен күтип алды.
4. Лебийлиниң қәйин атасы, яғный тоқалының әкеси оны үш күн қонақ қылды. Олар сол жерде ишип-жеди ҳәм түнеп қалды.
5. Төртинши күни олар ерте турды. Қыздың әкеси кетиўге таярланып атырған күйеў баласына: – Нан-пан жеп, ҳәлленип ал, соңынан қайтарсызлар, – деди.
6. Екеўи бирге отырып, ишип-жеп болғаннан кейин, қәйин атасы оған: – Бүгин де түнеп қалып, кеўлиңди хошла, – деди.
7. Лебийли кетпекши болып орнынан турды, бирақ қәйин атасы оны және түнеп қалыўға көндирди.
8. Бесинши күни лебийли кетпекши болып, азанда ерте турды. Сонда қәйин атасы: – Ишип-жеп, ҳәлленип ал, күн аўғанша күтиң, – деди. Солай етип, екеўи бирге отырып, ишип-жеп алды.
9. Сол адам тоқалы ҳәм хызметшиси менен бирге қайтпақшы болғанда, қәйин атасы оған: – Қара, күн аўып, кеш болайын деп тур. Енди бүгин де усы жерде қонып қалып, кеўлиңди хошла. Ертең ерте турып, жолға атланып, үйиңизге қайтарсызлар, – деди.
10. Бирақ сол адам ол жерде және түнеп қалыўды қәлемеди. Ол тоқалын алып, жүк артылған еки ешеги менен жолға шықты ҳәм Ебусқа, яғный Ерусалимге жақын жерге жетип келди.
11. Олар Ебусқа жақынласқанда, күн батайын деп турған еди. Сонда хызметши хожайынына: – Ебуслылардың бул қаласына кирип, усы жерде түнеп қалайық, – деди.
12. Хожайыны оған: – Яқ, халқы израиллылар болмаған жат қалаға кирмеймиз, ал Гибаға барамыз, – деди.
13. Кейин лебийли сөзин даўам етип, хызметшисине: – Жүр, Гибаға ямаса Рамаға жетип қалайық. Екеўиниң биреўинде түнеп қалармыз, – деди.
14. Солай етип, олар жолын даўам етти ҳәм Бенямин урыўының Гиба қаласына жақынласқанда, қуяш та батып қалған еди.
15. Олар түнеп қалыў ушын, Гибаға қарай бурылды да, барып, қала майданында отырды. Бирақ ҳеш ким оларды үйине мирәт етпеди.
16. Кеште, бир ғарры атыз жумысынан қайтып киятыр еди. Ол Эфрайымның таўлы үлкесинен болып, Гибада жасайтуғын еди. Ал қала халқы болса, беняминлилер еди.
17. Ғарры қала майданындағы жолаўшыларды көрип, лебийлиден: – Қай жерден келип, қай жерге баратырсызлар? – деп сорады.
18. Лебийли адам ғаррыға былай деп жуўап берди: – Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырмыз. Эфрайымның таўлы үлкесиндеги узақ бир жерге, өзим жасайтуғын жерге кетип баратырмыз. Мен Бейтлеҳем қаласына барған едим, енди Жаратқан Ийениң үйине қайтып баратырман. Бирақ ҳеш ким мени үйине мирәт етпеди.
19. Бизлерде ешеклеримиз ушын от-жем, өзим, тоқалым ҳәм хызметшим ушын аўқат ҳәм шарап бар. Бизлер ҳеш нәрсеге мүтәж емеспиз.
20. Ғарры оған: – Кеўлиң тоқ болсын. Барлық керекли нәрселерди өзим берейин, тек ғана көшеде қонып қалма, – деди.
21. Ғарры оларды үйине алып барып, ешеклерине жем берди. Қонақлар аяқларын жуўып, соңынан ишип-жеди.
22. Олар жаңа кеўиллерин жазып отырғанда, қалада жасаўшы бузық адамлар үйди қоршап алды. Олар қапыны қағып, үйдиң ийеси болған ғаррыға: – Үйиңе келген адамды сыртқа шығар, бизлер оның менен жатайық, – деп бақырысты.
23. Үй ийеси сыртқа шығып, оларға былай деди: – Яқ, туўысқанларым, бундай жаўызлық қылмаңлар. Бул адам мениң үйиме келген қонағым-ғо, оған бундай масқарашылықты ислемеңлер.
24. Мине, үйимде еркек қолы тиймеген қызым ҳәм бул адамның тоқалы бар. Мен оларды сыртқа шығарып берейин. Сизлер олар менен жатыңлар ҳәм оларға қәлегениңизди ислеңлер. Бирақ бул адамға бундай масқарашылықты ислемеңлер.
25. Бирақ адамлар оны тыңламады. Сонда лебийли тоқалын ийтерип сыртқа шығарды да, олардың қолына тапсырды. Адамлар түн бойы ҳаялды зорлап, оның намысына тийди ҳәм таңға шамалас оны жиберди.
26. Ҳаял таң сәҳәрде хожайыны қонып қалған үйдиң қапысына келип жығылды ҳәм қуяш шыққанша, сол жерде жатты.
27. Ҳаялдың хожайыны жолын даўам етиў ушын азанда турып, есикти ашты. Сонда ол қолларын босағаға қойып жатырған тоқалын көрди.
28. Ол ҳаялға: – Орныңнан тур, кетемиз, – деди. Бирақ ҳаял жуўап бермеди. Лебийли оны ешегине жүклеп, үйине қарай жүрип кетти.
29. Ол үйине жеткенде, қолына пышақ алды да, тоқалының өлигин он еки бөлекке бөлип, пүткил Израил жерине тарқатып жиберди.
30. Буны көргенлердиң ҳәммеси: «Израиллылар Мысырдан шыққалы берли бүгинге дейин бундай ўақыя болып көрген емес. Бул туўралы ойласып, кеңесиңлер ҳәм не ислеўимиз кереклигин айтыңлар», – дести.

1. Даннан Беер-Шебаға дейинги аралықта ҳәм Гилад жеринде жасайтуғын пүткил Израил халқы жолға шықты. Олар бир жағадан бас шығарып, Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйналды.
2. Қудайдың халқының бул жыйынына Израил халқының ҳәм пүткил урыўларының басшылары қатнасыўға келди. Ол жерде қуралланған төрт жүз мың әскер бар еди.
3. Сол арада Бенямин урыўы израиллылардың Миспаға жыйналғанын еситкен еди. Израиллылар: – Бул жаўызлықтың қалай болғанын бизлерге түсиндирип бериң, – деди.
4. Өлтирилген ҳаялдың лебийли күйеўи былай деп жуўап берди: – Мен түнеў ушын тоқалым менен бирге беняминлилердиң Гиба қаласына келдим.
5. Сонда Гибаның адамлары мени өлтирмекши болып, түнде үйди қоршап алды ҳәм олар тоқалымды зорлады. Тоқалым сол себепли өлди.
6. Мен оның өлигин алып бөлекледим ҳәм ҳәр бир бөлекти пүткил Израил жери бойлап жибердим. Себеби олар Израилда жаўыз ҳәм уят исти иследи.
7. Ҳәй, Израил халқы! Минекей, ҳәммеңиз усы жердесиз, енди сизлер бул исти қарап шығып, шешимиңизди айтыңлар.
8. Сол жердеги пүткил халық бир аўыздан былай деди: – Бизлердиң ҳеш биримиз шатырларымызға кетпеймиз, үйлеримизге қайтпаймыз.
9. Енди бизлер Гибаға былай ислеймиз: оған шек бойынша ҳүжим жасаймыз.
10. Әскерлерди азық-аўқат пенен тәмийинлеў ушын, пүткил Израил урыўларынан ҳәр жүз адамнан он, мың адамнан жүз, он мың адамнан мың адам сайлап алынады. Ал қалғанлары беняминлилердиң Гиба қаласына барып, оларды Израилда ислеген уят иси ушын жазалайды.
11. Солай етип, пүткил израиллылар бир жағадан бас шығарып, Гибаға қарсы жыйналды.
12. Израил урыўлары Бенямин урыўына адамларын жиберип: «Араңызда бундай жаўызлық неге исленди?
13. Гибадағы сол бузық адамларды ҳәзир-ақ қолымызға тапсырың. Бизлер оларды өлтирип, Израилдан жаўызлықты жоқ етейик», – деди. Бирақ беняминлилер израиллы туўысқанларына қулақ салмады.
14. Израиллыларға қарсы урысыў ушын, беняминлилер өз қалаларынан Гибаға келди.
15. Сол күни Гиба халқынан болған жети жүз ағла жаўынгерден тысқары, беняминлилердиң басқа қалаларынан келген, қуралланған жигирма алты мың адам жыйналды.
16. Олардың арасында солақай болған жети жүз ағла жаўынгер бар еди. Олардың ҳәммеси, ҳәтте, бир тал шашты нышан қылып қойғанда да, сақпан менен урып тийгизе алатуғын еди.
17. Беняминлилерден басқа, израиллылардан қуралланған төрт жүз мың адам жыйналды. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы еди.
18. Израиллылар Бейт-Элге барып, Қудайдан: «Беняминлилер менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: «Биринши болып яҳудалылар урысқа шығады», – деди.
19. Израиллылар азанда жолға шығып, Гибаның қарсы алдына әскерий орда қурды.
20. Израиллылар Бенямин урыўы менен саўашқа түсиў ушын, Гибада сап тартып турды.
21. Гибадан шыққан беняминлилер сол күни израиллылардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
22. Бирақ Израил халқы бир-бирин жигерлендирип, алдынғы күни турған жеринде және сап тартып турды.
23. Сонда израиллылар Бейт-Элге барып, Жаратқан Ийениң алдында кешке дейин жылады ҳәм Жаратқан Ийеден: – Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен және урысыўға шығайық па? – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: – Аўа, оларға қарсы урысыңлар, – деди.
24. Солай етип, израиллылар екинши күни және беняминлилерге қарсы жүрис қылды.
25. Сол күни Бенямин урыўы да Гибадан оларға қарсы атланып, израиллылардан қолына қылыш көтерген және он сегиз мың адамды өлтирди.
26. Сонда пүткил Израил халқы Бейт-Элге барып, ол жерде Жаратқан Ийениң алдында отырып жылады ҳәм сол күни кешке дейин ораза тутты. Және де, олар Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды.
27. Сол ўақытта Қудайдың Келисим сандығы Бейт-Элде еди. Харонның ақлығы, Элазардың улы болған Пинехас сол жерде, сандықтың жанында руўханий болып хызмет ететуғын еди. Израиллылар Жаратқан Ийеден: – Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен урысыўды даўам етейик пе ямаса тоқтатайық па? – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: – Урысты даўам етиңлер.
28. Себеби ертең оларды сизлерге тәслим қыламан, – деди.
29. Израиллылар Гибаның айналасында буққы таслап жатты.
30. Олар үшинши күни беняминлилерге қарсы ҳәрекетке өтип, бурынғыдай қала қарсысында сапқа дизилип турды.
31. Беняминлилер де оларға қарсы шығып, қаладан узақласып кетти. Олар Бейт-Элге ҳәм Гибаға баратуғын жолларда, ашық майданларда алдынғысы сыяқлы израиллыларды өлтире баслады. Израиллылардан отызға шамалас адам өлтирилди.
32. Беняминлилер: «Өткен сапардағыдай оларды және жеңилиске ушыратамыз», – дести. Ал израиллылар болса: «Олардан қашайық ҳәм оларды қаладан узақластырып, жолларға шығарайық», – дести.
33. Сонда израиллылардың барлығы өз орынларынан шығып, Баал-Тамарда сапқа дизилип турды. Гибаның әтирапында буққыда жатырған израиллылар да орынларынан атлығып шықты.
34. Солай етип, Израилдың он мың ағла жаўынгери Гибаға ҳүжим жасады. Ғыжлаған урыс басланды. Беняминлилер басына түсетуғын апаттан хабарсыз еди.
35. Жаратқан Ийе беняминлилерди израиллылар алдында жеңилиске ушыратты. Израиллылар сол күни беняминлилерден қолына қылыш услаған жигирма бес мың бир жүз адамды өлтирди.
36. Сонда беняминлилер жеңилиске ушырағанын түсинди. Ал израиллылар артқа шегинип, беняминлилерге жол берди. Өйткени олар Гиба айналасында буққыда жатырғанларға исенетуғын еди.
37. Буққыдағылар тосаттан Гибаға ҳүжим жасап, қаладағы пүткил халықты қылыштан өткерди.
38. Буққыдағылар менен израиллылар арасында келисилген бир белги бар еди. Қалаға от берилип, қойыў түтинниң аспанға көтерилиўи – ҳүжимге өтиўдиң белгиси еди.
39. Сол ўақытта израиллылар саўаш майданынан артқа бурылып, ҳүжимге өтиў керек еди. Сол арада беняминлилер израиллылардың отызға жақын адамын өлтирген еди. Сол себептен беняминлилер: «Бурынғы саўаштағы сыяқлы, израиллылар бизлерден және жеңиледи», – деди.
40. Бирақ қаладан қойыў түтин көтериле баслағанда, беняминлилер артына бурылып қарап, пүткил қаладан аспанға түтин көтерилип атырғанын көрди.
41. Олар изине бурылып киятырған израиллыларды көргенде, албырасып қалды. Өйткени олар басларына апат түскенин билген еди.
42. Беняминлилер израиллылардан жол бойлап, шөлге қарай қашса да, урыстан қашып қутыла алмады. Ал қалалардан шыққан израиллылар да оларды қыра баслаған еди.
43. Солай етип, израиллылар беняминлилерди қоршап алды ҳәм оларды Гибаның шығысындағы жерлерге дейин қуўып, қыйратты.
44. Беняминлилерден он сегиз мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де мәрт әскерлер еди.
45. Олардың аман қалғанлары шөлге, Риммон жартасына қарай қаша баслады. Израиллылар жол-жөнекей олардан және бес мың адамды өлтирди. Оларды Гидомға дейин қуўып барып, және еки мыңын өлтирди.
46. Сол күни беняминлилерден ҳәммеси болып жигирма бес мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де қолына қылыш услаған мәрт әскерлер еди.
47. Бирақ алты жүз адам шөлге қашып барып, Риммон жартасын паналады. Олар сол үңгирде төрт ай қалды.
48. Израиллылар беняминлилерге қайтып барып, қалалардағы адамларды, малларды ҳәм дус келгенниң ҳәммесин қылыштан өткерди. Алдыларынан шыққан барлық қалаларға от берди.

1. Израиллылар Миспада: «Ҳеш биримиз беняминлилерге қыз бермеймиз», – деп ант ишкен еди.
2. Халық Бейт-Элге келди ҳәм сол жерде Жаратқан Ийениң алдында кешке дейин отырып, дад салып, зар жыласты.
3. Олар: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Неге Израилда булай болды? Не ушын Израилдың бир урыўы жоқ болып кетти?» – деди.
4. Келеси күни халық азанда ерте турды да, қурбанлық орын ислеп, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды.
5. Сонда израиллылар: «Жаратқан Ийениң алдындағы жыйынымызға Израил урыўларынан қайсы урыў келмей қалды?» – деп сорады. Себеби олар Миспаға, Жаратқан Ийениң алдындағы жыйынға келмегенлердиң сөзсиз өлтирилетуғынын айтып, қатаң ант ишкен еди.
6. Израиллылар беняминли туўысқанлары ушын қайғырысып, былай деди: «Израил бүгин бир урыўынан айырылды.
7. Аман қалған беняминлилерге ҳаял болатуғын қызларды қаяқтан табамыз? Себеби бизлер қызларымызды оларға ҳаяллыққа бермеймиз деп, Жаратқан Ийениң алдында ант ишкен едик».
8. Соңынан олар: «Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына Израил урыўларынан ким келмеди?» – деп сорады. Солай етип, ордадағы жыйынға Ябеш-Гиладтан ҳеш кимниң келмегени мәлим болды.
9. Өйткени келгенлер көзден өткерилгенде, Ябеш-Гиладтан ҳеш ким жоқ еди.
10. Сонлықтан жыйналғанлар Ябеш-Гиладқа он еки мың мәрт әскерди жиберип, оларға былай деди: «Барыңлар, Ябеш-Гилад халқын, сондай-ақ ҳаял ҳәм балаларын да қылыштан өткериңлер.
11. Орынлайтуғын исиңиз мынадан ибарат: ҳәр бир еркекти ҳәм еркек қолы тийген ҳәр бир ҳаялды өлтириңлер».
12. Олар Ябеш-Гилад халқы арасынан еркек қолы тиймеген төрт жүз қыз таўып, оларды Кенаан жериндеги Шилодағы ордаға алып келди.
13. Соңынан барлық жыйналғанлар Риммон үңгириндеги беняминлилерге адам жиберип, тынышлық жәриялады.
14. Сонда беняминлилер қайтып келди. Жыйналғанлар Ябеш-Гилад халқынан тири қалдырылған қызларды оларға ҳаяллыққа берди. Бирақ қызлардың саны олардың ҳәммеси ушын жеткиликсиз болып шықты.
15. Израил халқы беняминлилердиң жағдайына қайғырды. Өйткени Жаратқан Ийе Израил урыўларының бирлигин бузған еди.
16. Жыйындағы ақсақаллар: «Беняминлилердиң барлық ҳаяллары өлтирилгенликтен, қалған еркеклерди үйлендириў мәселесин қалай шешемиз?» – деди.
17. Ақсақаллар даўам етип: «Израилдан бир урыў жоқ болып кетпеўи ушын, тири қалған беняминлилердиң мийрасхорлары болыўы керек.
18. Бизлер оларға қызларымызды ҳаяллыққа бере алмаймыз. Себеби: „Беняминлилерге қыз берген ҳәр бир израиллы нәлетленсин“, – деп ант ишкен едик», – деди.
19. Соңынан олар: «Минекей, Шилода ҳәр жылы Жаратқан Ийеге арнап байрам өткизиледи», – деди. Шило Бейт-Элдиң арқа тәрепинде, Бейт-Элден Шехемге кететуғын жолдың шығысында, Лебонаның қубласында жайласқан еди.
20. Солай етип, олар беняминлилерге былай деп үйретти: «Барып, жүзим бағы ишинде жасырынып турыңлар.
21. Дыққат пенен қарап турыңлар. Шилоның қызлары ойынға шыққанда, дәрҳал жүзим бағынан шығып, ҳәр бириңиз бир қыздан услап алыңлар да, Бенямин жерине алып қашыңлар.
22. Қызлардың әкелери ямаса әжағалары бизлерге шағым жасап келсе, бизлер оларға: „Беняминлилерди бизлер ушын кешириңлер. Өйткени тутқынға алған қызларымыз ҳәммесине жетпеди. Ал сизлер қызларыңызды өз қәлеўиңиз бенен бермегениңиз ушын, айыплы саналмайсызлар“, – деп айтамыз».
23. Беняминли жигитлер усылай иследи. Қызлар ойынға түскенде, ҳәр бир жигит бир қыздан алып қашты. Олар өзлериниң жерлерине қайтып барып, қалалар салды ҳәм сол жерде жасай баслады.
24. Соңынан Израил халқы сол жерден тарқап, ҳәр бири өз урыўына, тийресине ҳәм үлесине тийген жерлерине қайтты.
25. Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)