Мухаддес Китап
1 Патшалар
1. Эфрайымның таўлы үлкесиниң Рама қаласында Эфрайым урыўының Суф тийресинен болған Элқана деген бир адам жасайтуғын еди. Ол Суфтың қуўлығы, Тохудың шаўлығы, Элиҳудың ақлығы ҳәм Ерохамның улы еди.
2. Элқананың Ханна ҳәм Пенинна атлы еки ҳаялы бар еди. Пениннаның балалары болды, ал Ханна қурсақ көтермеди.
3. Элқана Әлемниң Жаратқан Ийесине сыйынып, Оған қурбанлық бериў ушын ҳәр жылы өз қаласынан Шилоға баратуғын еди. Ол жерде Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас Жаратқан Ийениң руўханийлери еди.
4. Элқана қурбанлық шалған күни ҳаялы Пениннаға ҳәм оның ул-қызларына пайларын бергенде,
5. Ханнаға жақсы жеринен пай беретуғын еди. Себеби Қудай Ханнаны нәсилсиз қылып қойған болса да, Элқана оны сүйетуғын еди.
6. Бирақ Пенинна Жаратқан Ийениң перзент бермегенин күндесиниң бетине басып, оған бәрқулла азап беретуғын еди.
7. Бул ҳәр жылы даўам етти. Ханна Жаратқан Ийениң Үйине ҳәр келгенде, күндеси оған азап беретуғын еди. Ал ол жылап, ҳеш нәрсе жемейтуғын еди.
8. Сонда күйеўи Элқана оған: «Ханна, неге жылайсаң, неге аўқат жемейсең? Неге буншама қайғылысаң? Мен сен ушын он улдан артық емеспен бе?» – дейтуғын еди.
9. Бир күни олар Шилода ишип-жеп болғаннан кейин, Ханна орнынан турды. Сонда руўханий Элий Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер аўзындағы өз орынлығында отыр еди.
10. Ханнаның жүреги қайғыға толып, өксип жылаўы менен Жаратқан Ийеге дуўа етти.
11. Ол былай деп ўәде берди: «Әлемниң Жаратқан Ийеси! Егер Сен қулыңның қайғысына нәзер салып, мени еске алсаң ҳәм Өз қулыңды умытпай, оған бир ул сыйласаң, мен оны пүткил өмир бойы Саған бағышлайман. Оның басына ҳеш қашан пәки тиймейди».
12. Ханна Жаратқан Ийеге усылай дуўа етиўин даўам етип турғанда, Элий оның аўзын гүзетип отырды.
13. Ханна ишинен дуўа еткенликтен, оның тек еринлери жыбырлап турды, ал даўысы еситилмеди. Сол себептен Элий оны мәс деп ойлап қалды.
14. Элий оған: – Мәскүнемликти қашанға шекем даўам етесең? Ишкенди тоқтат, – деди.
15. Сонда Ханна Элийге: – Яқ, мырзам, олай емес. Мен бир қайғыға батқан ҳаялман. Мен шарап та, өткир ишимлик те ишкен жоқпан. Тек жүрегимдеги қайғымды Жаратқан Ийеге төгип атырман.
16. Қулыңызды уятсыз ҳаял деп ойламаңыз. Қайғы-ҳәсиретим күшли болғанлықтан, усы ўақытқа дейин жалбарынып турман, – деп жуўап берди.
17. Сонда Элий оған: – Аман-есен қайта бер. Израилдың Қудайы тилегиңди орынласын, – деди.
18. Ханна оған: – Маған кеўлиңиз толсын, – деди де, өз жолына түсти. Соңынан ол аўқатланды, оның жүзи де бурынғыдай қайғылы болмады.
19. Олар ертеңине азанда ерте турып, Жаратқан Ийеге сыйынғаннан соң, Рамадағы өз үйине қайтып келди. Элқана ҳаялы Ханна менен жақынласты ҳәм Жаратқан Ийе Ханнаны есине алды.
20. Ханна ҳәмиледар болып, ўақты келгенде бир ул туўды. Ханна: «Мен оны Жаратқан Ийеден тилеп алғанман», – деп оған Самуел деп ат қойды.
21. Элқана Жаратқан Ийеге жыллық қурбанлығын ҳәм ўәде етип атаған қурбанлығын бериў ушын пүткил хожалығы менен бирге Шилоға кетти.
22. Бирақ Ханна олар менен бирге кетпеди. Ол күйеўине: – Бала емшектен шыққаннан кейин, оны Жаратқан Ийеге хызмет етиўге алып бараман. Ол Жаратқан Ийениң алдында болып, мәңгиге сол жерде қалады, – деди.
23. Күйеўи Элқана оған: – Нени мақул тапсаң, соны исле. Баланы емшектен шығарғаныңша, усы жерде бол. Жаратқан Ийе саған ўәдеңде турыўға жәрдем берсин, – деди. Солай етип, Ханна улын емшектен шығарғанға шекем үйде болып, оны емизди.
24. Бала емшектен шыққаннан соң, Ханна баланы, үш жасар буғаны, бир эфа* унды ҳәм бир мес шарапты алып, Жаратқан Ийениң Шилодағы Үйине барды. Бала еле жас еди.
25. Олар буғаны сойғаннан кейин, баланы Элийге апарды.
26. Соңынан Ханна Элийге былай деди: «О, мырзам! Алдыңызда ант ишип айтаман: мен усы жерде, сизиң жаныңызда турып, Жаратқан Ийеге дуўа еткен ҳаялман.
27. Мен Жаратқан Ийеден мына баланы сорап, дуўа еткен едим. Ол мениң тилегимди орынлады.
28. Мен де оны Жаратқан Ийеге бағышлайман. Ол бир өмир Жаратқан Ийеге хызмет етеди». Соңынан олар сол жерде Жаратқан Ийеге сыйынды.

1. Ханна былай деп дуўа етти: «Жүрегим Жаратқан Ийе менен шадланар, Оның Өзи маған күш берди. Душпанларым алдында тилим узайып, Оның қутқарғанына қуўанаман.
2. Ҳеш ким жоқ Жаратқан Ийедей мухаддес, Аўа, Сен сыяқлы ҳеш ким жоқ, Жаратқан Ийе! Қорғаўшы жартас да жоқ Қудайымыз сыяқлы!
3. Артық менменсип сөйлегенди тоқтатың, Аўзыңыздан тәкаббир сөзлер шықпасын. Себеби Жаратқан Ийе ҳәммесин билиўши Қудай-ғо, Ҳәр бир исти тәрезиге тартыўшы да Ол.
4. Күшлилердиң оқ жайлары сынар, Күшсизлер күшке толар.
5. Тоқлар нан ушын жалланып, Ашлар тояр, Нәсилсизлер жетеўин туўып, Көп уллы ҳаяллар бийперзент қалар.
6. Жаратқан Ийе өлтиреди де, тирилтеди де, Өлилер мәканына түсиреди де, шығарып алады да.
7. Ол кимисин жарлы қылып, кимисин байытар, Кимисин қулатып, кимисин жоқарылатар.
8. Жарлыны топырақтан көтерип алып, Бийшараны тасланды арасынан алып шығар. Отырғызып ақсүйеклер менен, Ҳүрмет тахтын берер. Өйткени жер тийкары Жаратқан Ийе қолында, Сол тийкар үстине Ол дүньяны орнатқан.
9. Жаратқан Ийе садық қулларының адымларын қорғар, Ал жаманлар қараңғылықта жоқ болар, Себеби өз күши менен жеңиске ериспес инсан.
10. Жаратқан Ийеге қарсы турғанлар шыл-пәрше болар, Жаратқан Ийе оларға қарсы көклерди гүркиретер, Пүткил дүньяны Ол ҳүким қылар, Өз патшасын күшке толтырып, Майлаған адамын даңққа еристирер».
11. Соңынан Элқана Рамаға, үйине қайтып кетти. Ал кишкене Самуел болса, руўханий Элийдиң қолында Жаратқан Ийеге хызмет ете баслады.
12. Элийдиң уллары жарамас адамлар еди.
13. Олар Жаратқан Ийени менсинбеди ҳәм халық алдындағы руўханийлик ўазыйпасына ҳүрметсизлик етти. Биреў қурбанлық шалып, гөш қайнатып атырғанда, руўханийлердиң хызметшиси қолына үш тисли шанышқыны алып келетуғын еди.
14. Ол шанышқыны шүлен қазанға, қазанға, табаға ямаса табаққа тығып, оған илингенниң ҳәммесин руўханий ушын алатуғын еди. Олар Шилоға келген израиллылардың ҳәммесине усылай ислейтуғын еди.
15. Ҳәтте, қурбанлықтың майлары түтетип жандырыў ушын ажыратып алынбастан бурын руўханийдиң хызметшиси келип, қурбанлық шалған адамға: «Руўханийге қуўырыў ушын шийки гөш бер. Ол сеннен пискен гөш емес, ал шийки гөш алады», – дейтуғын еди.
16. Егер қурбанлық шалған адам: «Дәслеп майды түтетип жандырайық, соңынан қәлегениңди аларсаң», – десе, хызметши оған: «Яқ, ҳәзир бересең, болмаса тартып аламан», – дейтуғын еди.
17. Жаратқан Ийениң нәзеринде жигитлердиң ислеген гүнасы жүдә аўыр еди. Өйткени олар Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықларға ҳүрметсизлик етти.
18. Сол арада жас Самуел зығыр эфод кийип, Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип жүрди.
19. Анасы ҳәр жылы күйеўи менен бирге жыллық қурбанлық бериў ушын келгенде, тиккен кишкене шапанын улына әкелип беретуғын еди.
20. Сонда Элий Элқанаға ҳәм оның ҳаялына пәтиясын берип: «Тилеп алып, Жаратқан Ийеге арнаған балаңның орнына Жаратқан Ийе саған бул ҳаялдан басқа балалар берсин», – дейтуғын еди. Соңынан олар үйине қайтатуғын еди.
21. Жаратқан Ийениң мийримине ерискен Ханна ҳәмиледар болып, және үш ул, еки қыз туўды. Ал кишкене Самуел Жаратқан Ийе алдында өсип барды.
22. Элий жүдә қартайып қалған еди. Ол улларының израиллыларға ислеген барлық ислери ҳәм Ушырасыў шатырының алдында хызмет ислейтуғын ҳаяллар менен жатқаны ҳаққында еситти.
23. Сонда Элий улларына былай деди: «Не ушын бундай ислерди ислеп атырсызлар? Мен сизлер ислеген жаўызлықлар ҳаққында ҳәмме адамлардан еситтим.
24. Бул жақсы емес, балаларым! Жаратқан Ийениң халқы арасында тарап кеткен бул хабар – жақсы хабар емес.
25. Егер адам адамға қарсы гүна ислесе, Қудай айыпкер ушын тәўеллеши болады. Бирақ Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеген адам ушын ким тәўеллеши болады?» Деген менен, олар әкесиниң сөзлерине қулақ аспады. Өйткени Жаратқан Ийе оларды өлтириўди шешип қойған еди.
26. Сол арада өспирим Самуел өсип, Жаратқан Ийениң де, халықтың да кеўлине унап барды.
27. Бир күни Қудайдың бир адамы Элийге келип, былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Бабаң ҳәм оның урпақлары Мысырда фараонның халқына қул болған ўақытта, Мен оларға Өзимди ашып көрсетпеген бе едим?
28. Қурбанлық орынға барыў ҳәм хош ийисли затларды түтетип, эфод кийип жүриў ушын пүткил Израил урыўлары арасынан тек сениң бабаңды ғана Өзиме руўханий етип таңламадым ба? Және де, израиллылардың пүткил сыйларын да сениң ата-бабаларыңның урпақларына бермедим бе?
29. Солай екен, Мениң үйим ушын әкелиўди буйырған қурбанлық ҳәм садақаларға неге ҳүрметсизлик етесизлер? Не ушын халқым Израилдың берген барлық қурбанлықларының ең жақсы жерлерин өзлериңиз жеп семирип, неге улларыңды Меннен артық көресең?“
30. Сонлықтан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сениң хожалығың ҳәм сениң бабаңның урпақлары Маған мәңгиге хызмет етеди, – деген едим“. Бирақ енди Жаратқан Ийе былай дейди: „Енди булай ислеўден аўлақпан. Себеби Мени ҳүрметлегенди Мен де ҳүрметлеймен, ал Мени ҳүрмет етпегенлер масқара болады.
31. Мине, сениң ҳәм бабаңның урпағының күшин қуртатуғын күнлерим киятыр. Солай етип, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди.
32. Мениң Израилға ислейтуғын жақсылығыма қарамастан, сен Мениң үйимде қыйыншылық көресең. Ендигиден былай, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди.
33. Көзлериңди соқыр қылып, жүрегиңди қайғыға толтырыў ушын, Мениң қурбанлық орнымда сениң туқымыңнан тек бир адамды қалдыраман. Бирақ басқа урпақларыңның ҳәммеси жаслай дүньядан өтеди.
34. Еки улың Хофний менен Пинехастың бир күнде өлиўи сениң ушын бир нышан болады.
35. Мен Өзиме қәлеўлеримди ҳәм мақсетлеримди орынлайтуғын садық бир руўханий қояжақпан. Ол Мениң майлаған патшамның алдында бәрқулла хызмет етиўи ушын, оның урпағын мәңгиге усы хызметке қояман.
36. Сонда сениң урыўыңнан аман қалған ҳәр бир адам бир бөлек гүмис ямаса бир тислем нан ушын бас ийип келип, нан таўып жеўи ушын, өзин қандай да бир диний хызметке қойыўды сорайды“».

1. Өспирим Самуел Элийдиң қолы астында Жаратқан Ийеге хызмет ететуғын еди. Ол күнлери Жаратқан Ийениң сөзи сийрек, аянлары да аз болды.
2. Бир күни түнде Элий орнында жатырған еди. Оның көзлери жүдә әззилеп қалған болып, зорға көретуғын еди.
3. Ал Самуел болса, Қудайдың сандығы турған Жаратқан Ийениң Ибадатханасында жатырған еди. Қудайдың шырасы еле сөнбеген еди.
4. Сонда Жаратқан Ийе Самуелди шақырды. Самуел Оған: «Ләббәй», – деп жуўап берди.
5. Соңынан Элийге жуўырып барып: – Шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди. Бирақ Элий: – Мен сени шақырмадым. Барып, орныңа жат, – деди. Самуел де барып, орнына жатты.
6. Жаратқан Ийе және: «Самуел!» – деп шақырды. Самуел орнынан турды да, Элийге барып: – Мени шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди. Элий оған: – Шақырмадым, балам. Барып, орныңа жат, – деди.
7. Самуел Жаратқан Ийениң даўысын танымайтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийениң сөзи оған еле аян болмаған еди.
8. Жаратқан Ийе Самуелди үшинши мәрте шақырды. Самуел орнынан турды да, Элийге барып: – Мени шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди. Сонда Элий баланы Жаратқан Ийениң шақырғанын түсинди.
9. Ол Самуелге: – Барып, орныңа жат. Егер Ол сени және шақырса: «Жаратқан Ийе! Айта бер, қулың тыңлап тур», – деп айт, – деди. Самуел барып, орнына жатты.
10. Жаратқан Ийе келип, сол жерде турды ҳәм бурынғыдай етип: – Самуел, Самуел! – деп шақырды. Самуел Оған: – Айта бер, қулың тыңлап тур, – деп жуўап берди.
11. Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деди: – Мен Израилда еситкен ҳәр бир адамның ҳүрейин ушыратуғын бир нәрсе ислейжақпан.
12. Сол күни Элийдиң хожалығына қарсы айтқанларымның ҳәммесин басынан аяғына шекем жүзеге асыраман.
13. Элийге өзи билетуғын гүна себепли хожалығын мәңгиге жазалайтуғынымды хабарлаған едим. Оның уллары Қудайға тил тийгизсе де, ол улларына тыйым салмады.
14. Сонлықтан Мен: «Элийдиң хожалығының айыбы ҳеш қашан ҳеш қандай қурбанлық пенен жуўылмайды», – деп оның хожалығы ҳаққында ант иштим.
15. Самуел азанға шекем жатты, соңынан Жаратқан Ийениң Үйиниң қапыларын ашты. Ол көрген аянын Элийге айтыўға қорқты.
16. Бирақ Элий оны: – Балам, Самуел! – деп шақырды. Самуел оған: – Ләббәй, – деп жуўап берди.
17. Элий Самуелге: – Жаратқан Ийе саған нелерди айтты? Меннен ҳеш нәрсени жасырма. Егер Оның саған айтқанларынан бирин жасырып қалсаң, Ол сени жазалаған үстине жазаласын, – деди.
18. Самуел ҳеш нәрсени жасырмастан, оған ҳәммесин айтып берди. Сонда Элий: «Ол Жаратқан Ийе-ғо. Нени мақул көрсе, соны ислесин», – деди.
19. Самуел өсип барды. Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. Жаратқан Ийениң оған айтқан сөзлериниң биреўи де орынланбай қалмады.
20. Даннан Беер-Шебаға шекемги пүткил Израил халқы Самуелдиң Жаратқан Ийениң пайғамбары болып белгиленгенин билди.
21. Жаратқан Ийе Шилода көриниўин даўам етти. Сол жерде Ол Өз сөзи арқалы Самуелге Өзин танытқан еди.

1. амуелдиң сөзи пүткил Израилға жайылды. Сол күнлери израиллылар филистлер менен урысыў ушын жолға шықты. Израиллылар Эбен-Эзерге, филистлер Афекке ордаларын қурды.
2. Филистлер израиллыларға қарсы саўаш майданына түсти. Саўаш ҳәўиж алғанда, филистлер израиллыларды жеңилиске ушыратты. Саўашта израиллылардың төрт мыңға шамалас адамы қаза тапты.
3. Әскерлер ордаға қайтып келгенде, Израил ақсақаллары: «Не ушын бүгин Жаратқан Ийе бизлердиң филистлерден жеңилиўимизге жол қойды? Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Шилодан усы жерге алып келейик. Ол арамызда болып, бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарсын», – деди.
4. Солай етип, халық Шилоға адамларды жиберди. Олар барып, керублардың ортасындағы тахтта отырған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Келисим сандығын алып келди. Элийдиң еки улы Хофний менен Пинехас та Қудайдың Келисим сандығының жанында еди.
5. Жаратқан Ийениң Келисим сандығы ордаға әкелингенде, пүткил израиллылардың қатты бақырысқан даўысларынан жер ләрзеге келди.
6. Филистлер бақырысларды еситип: «Еврейлер ордасында неге буншелли бақырыс болып атыр екен?» – дести. Олар Жаратқан Ийениң сандығының ордаға әкелингенин билгенде,
7. қорқып кетип былай деди: «Олардың қудайлары ордаға келипти. Қурып қалдық! Бурын ҳеш қашан бундай нәрсе болып көрмеген еди.
8. Қурып қалдық! Бул күшли қудайлардың қолынан бизлерди ким қутқарады? Олар шөлде мысырлыларды түрли бәлелерге ушыратқан қудайлар-ғо.
9. Беккем болыңлар, филистлер! Мәрт болыңлар! Болмаса, еврейлердиң сизлерге қул болғаны сыяқлы, сизлер де оларға қул боласызлар. Мәрт болып, саўашқа түсиңлер».
10. Солай етип, филистлер саўашқа түсип, израиллыларды жеңди. Израиллылардың ҳәр бири өз шатырына қарай қашты. Қырғынға ушырағаны соншелли, израиллылар отыз мың пияда әскеринен айырылды.
11. Қудайдың сандығы қолға түсти, ал Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас қазаланды.
12. Бенямин урыўынан бир адам саўаш майданынан қашып шығып, сол күнниң өзинде Шилоға жетип келди. Ол қайғыдан кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан еди.
13. Сол адам жетип келгенде, Қудайдың сандығын ойлап, жүреги езилген Элий жол шетиндеги отырғышта жолға қарап отырған еди. Адам қалаға кирип, болған ўақыяны айтып бергенде, қаладағылардың ҳәммеси дад салып бақырысты.
14. Элий дад салып бақырысқанды еситип: «Неге шаўқым көтерилип атыр?» – деп сорады. Хабаршы болған ўақыяны айтып бериў ушын дәрриў Элийдиң жанына келди.
15. Сонда Элий тоқсан сегиз жаста болып, көзлери әззилеп, көрмей қалған еди.
16. Хабаршы Элийге: – Мен саўаш майданынан киятырман. Ҳәзир ғана сол жерден қашып шықтым, – деди. Элий оннан: – Балам, не болды? – деп сорады.
17. Хабаршы Элийге: – Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашты. Әскерлер үлкен қырғынға ушырады. Еки улыңыз Хофний менен Пинехас қазаланды, ал Қудайдың сандығы қолға түсти, – деди.
18. Хабаршы Қудайдың сандығы туўралы айтқанда, Элий отырғыштан шалқасына түсип, қала дәрўазасының қасына қулады. Ол жүдә ғарры ҳәм семиз болғанлықтан жулыны үзилип, жан тапсырды. Элий Израилға қырық жыл бийлик еткен еди.
19. Сол ўақытта Элийдиң келини, Пинехастың ҳаялы жүкли болып, туўатуғын ўақты шамаласқан еди. Ҳаял Қудайдың сандығының қолға түскени, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгени ҳаққында еситкенде, бирден толғағы тутты да, дизерлеп отырып босанды.
20. Жәрдем берген ҳаяллар оған өлими алдынан: «Қорқпа, уллы болдың», – деди. Бирақ ол жуўап та бермеди, дыққат та аўдармады.
21. Қудайдың сандығының қолға түсип, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгенлиги себепли ҳаял: «Уллылық Израилды тәрк етти», – деп улына Ихабод деп ат қойды.
22. Ол: «Уллылық Израилды тәрк етти. Себеби Қудайдың сандығы қолға түсти», – деди.

1. Филистлер Қудайдың сандығын қолға киргизгеннен соң, оны Эбен- Эзердеги саўаш майданынан Ашдодқа алып келди.
2. Олар Қудайдың сандығын Дагонның* бутханасына апарып, оны Дагонның мүсининиң жанына қойды.
3. Ертеңине азанда ерте турған ашдодлылар Дагонның Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет-бетинен жығылып жатырғанын көрди. Олар Дагонды алды да, оны өз орнына қойды.
4. Бирақ олар ертеңине азанда турғанда, Дагонның және Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет-бетинен жығылып жатырғанын көрди. Бул ретте оның басы ҳәм еки қолы жулынып, босағада жатырған еди. Оның тек геўдеси ғана пүтин қалған еди.
5. Сонлықтан Дагонның руўханийлери де, Ашдодтағы Дагонның бутханасына келгенлердиң ҳәммеси де усы күнге шекем ол жатқан босағаны баспайды.
6. Жаратқан Ийе ашдодлыларды ҳәм дөгерегиндеги халықты аўыр жазалады. Оларды шыйқан менен жазалап, қыйыншылыққа дуўшар етти.
7. Болып атырған ўақыяларды көрген Ашдод халқы: «Израилдың Қудайының сандығы бизлерде қалмасын, себеби Ол бизлерди де, қудайымыз Дагонды да аўыр жазалап атыр», – деди.
8. Сонлықтан олар адам жиберип, пүткил филист ҳүкимдарларын шақыртты ҳәм олардан: – Израилдың Қудайының сандығын не қылайық? – деп сорады. Олар: – Сандық Гатқа апарылсын, – деди. Солай етип, олар Израилдың Қудайының сандығын Гатқа апарды.
9. Бирақ сандық Гатқа апарылғаннан соң, Жаратқан Ийе сол қаланы да жазалады. Қаланы күшли қорқыныш бийлеп алды. Жаратқан Ийе пүткил қала халқын, үлкенинен кишкенесине шекем жазалады. Оларға да шыйқанлар шыға баслады.
10. Сол себепли олар Қудайдың сандығын Экронға жиберди. Сандық қалаға кирер-кирместен, экронлылар: «Бизлерди ҳәм халқымызды жоқ қылыў ушын, Израилдың Қудайының сандығын бизлерге алып келдиңлер!» – деп бақырысты.
11. Олар пүткил филист ҳүкимдарларын топлап: «Израилдың Қудайының сандығын бул жерден алып кетиңлер. Бизлерди де, халқымызды да жоқ қылмаўы ушын, ол өз жерине қайтарылсын», – деди. Себеби пүткил қаланы өлим қорқынышы бийлеп алған еди. Қудайдың оларға берген жазасы жүдә аўыр еди.
12. Тири қалғанларға шыйқанлар шықты. Қала халқының дады аспанға жетти.

1. Жаратқан Ийениң сандығы филистлер елинде жети ай болғаннан соң,
2. филистлер руўханийлерди ҳәм палкерлерди шақыртып, оларға: – Жаратқан Ийениң сандығын не қылсақ екен? Оны өз орнына қалай қайтарыўымыз кереклигин бизлерге айтыңлар, – деди.
3. Олар: – Егер сизлер Израилдың Қудайының сандығын изге қайтармақшы болсаңыз, оны бос жибермей, оған қоса айыбыңызды жуўыў ушын сый берип жибериңлер. Сонда шыпа табасызлар ҳәм Оның сизлерди не ушын жазалап атырғанын билип аласызлар, – деди.
4. Сонда филистлер: – Айыбымызды жуўыў ушын Оған қандай қурбанлық жиберейик? – деп сорады. Руўханийлер ҳәм палкерлер былай деп жуўап берди: – Сизлер жиберетуғын қурбанлықлар филист ҳүкимдарларының санына қарай бес шыйқанның ҳәм бес тышқанның алтын мүсинлеринен ибарат. Өйткени сизлер де, ҳүкимдарларыңыз да бирдей жазаға тартылғансыз.
5. Буның ушын шыйқанлардың ҳәм жериңизди ўайран еткен тышқанлардың мүсинлерин ислең ҳәм Израилдың Қудайын уллылаң. Мүмкин, сонда Ол сизлерди, қудайларыңызды ҳәм жериңизди жазалаўды тоқтатар.
6. Не ушын мысырлылар ҳәм фараон сыяқлы қайсарлық қыласызлар? Қудай мысырлылардың жанына тийгенде, олар Израил халқын босатып жибермеди ме?
7. Енди жаңа бир арба ислетиңлер де, биринши рет төллеген ҳәм ҳеш қашан арбаға жегилмеген еки қашарды алып, оларды арбаға жегиңлер. Қашарлардың бузаўларын айырып алып, қораға апарыңлар.
8. Жаратқан Ийениң сандығын арбаның үстине қойыңлар. Айыбыңызды жуўыў ушын Оған жиберип атырған алтын затларыңызды қутыға салып, сандықтың жанына жайластырыңлар. Соңынан арбаны айдап жибериңлер, кете берсин.
9. Бирақ изинен гүзетип барыңлар. Егер арба өз елине, Бейт-Шемешке қарай бетлесе, онда бул уллы апатшылықты бизлерге Жаратқан Ийениң Өзи жиберген болады. Егер арба басқа тәрепке жол алса, онда бул апатшылықтың Оннан жиберилмегенин, ал оған тосаттан дуўшар болғанымызды билип аламыз.
10. Адамлар айтылғандай иследи. Олар биринши рет төллеген еки қашарды арбаға жекти, ал бузаўларын қораға қамап таслады.
11. Жаратқан Ийениң сандығы менен бирге ишине шыйқанлардың ҳәм тышқанлардың алтын мүсинлери салынған қутыны арбаға салды.
12. Сонда қашарлар туўры Бейт-Шемешке қарай жол алды. Олар оңға да, солға да бурылмастан, мөңиреўи менен алға илгериледи. Ал филист ҳүкимдарлары болса, Бейт- Шемештиң шегарасына дейин оларға ерип келди.
13. Сол ўақытта Бейт-Шемеш халқы ойпатлықта бийдай орып атырған еди. Олар басларын көтерип қарап, сандықты көргенде, қуўанып кетти.
14. Арба бейт-шемешли Ешуаның атызына кирип, сол жердеги үлкен бир тастың жанында тоқтады. Лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын ҳәм алтын затлар салынған қутыны арбадан түсирип, үлкен тастың үстине қойды. Бейт-шемешлилер арбаның ағашларын отын етип жарды да, қашарларды Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Сол күни бейт-шемешлилер Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берип, басқа қурбанлықлар да шалды
15. .
16. Филистлердиң бес ҳүкимдары болып өткенлерди көргеннен соң, сол күни Экронға қайтып кетти.
17. Филистлер айыбын жуўыў ушын сый ретинде Ашдод, Газа, Ашкелон, Гат ҳәм Экрон қалалары ушын Жаратқан Ийеге бир-бирден шыйқанлардың алтын мүсинлерин жиберген еди.
18. Ал алтыннан исленген тышқан мүсинлери болса, бес филист ҳүкимдарларына қараслы болған қорған қалалар менен қоса дөгерегиндеги аўыллардың санына туўры келетуғын еди. Үстине Жаратқан Ийениң сандығы қойылған сол үлкен тас бүгинге дейин бейт-шемешли Ешуаның атызында гүўалық болып тур.
19. Жаратқан Ийениң сандығының ишине үңилгени ушын, Жаратқан Ийе бейт- шемешлилерден базыларын жазалап, жетпис адамды жоқ қылды. Халық Жаратқан Ийениң өзлерине берген бул аўыр жазасы себепли аза тутты.
20. Бейт-Шемеш халқы: «Бул мухаддес Қудайдың, Жаратқан Ийениң алдында ким тура алады? Сандық бизлерден кимге апарылыўы тийис?» – деп сорады.
21. Олар Кирят-Яримде жасаўшыларға хабаршылар жиберип: «Филистлер Жаратқан Ийениң сандығын қайтарып жиберипти, келип, оны алып кетиңлер», – деди.

1. Солай етип, Кирят-Яримниң халқы келип, Жаратқан Ийениң сандығын алды да, оны төбешиктеги Абинадабтың үйине апарды. Оның улы Элазарды Жаратқан Ийениң сандығына қараў ушын тайынлады.
2. Сандық узақ ўақыт, жигирма жыл даўамында Кирят-Яримде қалды. Сол ўақыт ишинде пүткил Израил халқы қайғыға батып, Жаратқан Ийеге интизар болды.
3. Самуел пүткил Израил халқына былай деди: «Егер Жаратқан Ийеге шын жүректен жүз бурмақшы болсаңыз, онда өзлериңиздеги басқа қудайлардың ҳәм Аштартаның* мүсинлерин жоқ қылыңлар. Өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышлап, тек Оған хызмет етиңлер. Сонда Ол сизлерди филистлердиң қолынан қутқарады».
4. Солай етип, израиллылар Баалдың ҳәм Аштартаның мүсинлерин жоқ қылып, жалғыз Жаратқан Ийеге хызмет ете баслады.
5. Сонда Самуел: «Пүткил израиллыларды Миспаға жыйнаңлар, мен сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарынаман», – деди.
6. Миспаға жыйналған израиллылар қудықтан суў алып, оны Жаратқан Ийеге арнап төкти. Олар сол күни ораза тутып: «Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследик», – деди. Самуел Миспада Израил халқына бийлик етти.
7. Филистлер Израил халқының Миспаға топланғанын еситкенде, филист ҳүкимдарлары израиллыларға қарсы ҳүжимге атланды. Израиллылар буны еситкенде, филистлерден қорқты.
8. Олар Самуелге: «Бизлерди филистлердиң қолынан қутқарыўы ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге тынбай жалбарын», – деди.
9. Сонда Самуел еле сүттен шықпаған бир қозыны алып, оны Жаратқан Ийеге арнап толығы менен жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Самуел Израил халқы ушын Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе де оған жуўап берди.
10. Самуел қурбанлықты жандырып атырғанда, филистлер израиллыларға ҳүжим қылыў ушын жақынласып қалған еди. Бирақ сол ўақытта Жаратқан Ийе күшли даўыс пенен гүркиреп, филистлерди қатты албыратты ҳәм олар израиллылардың алдында күл-талқан болды.
11. Миспадан шыққан израиллылар филистлерди қуўалап, оларды Бейт-Кардың төменги жағына шекем өлтирип барды.
12. Самуел бир тас алып, оны Миспа менен Шенниң арасына орнатты. Ол: «Жаратқан Ийе бизлерге усы жерге дейин жәрдем берди», – деп тасқа Эбен- Эзер деп ат қойды.
13. Солай етип, жеңилиске ушыраған филистлер қайтып Израил жерине ҳүжим жасамайтуғын болды. Самуелдиң көзиниң тирисинде Жаратқан Ийе филистлерге қарсы турды.
14. Экроннан Гатқа шекемги филистлердиң басып алған қалалары израиллыларға қайтарып берилди. Израиллылар олардың әтирапындағы жерлерди де филистлердиң қолынан қутқарды. Израил ҳәм амор халқы арасында парахатшылық орнады.
15. Самуел пүткил өмири бойы Израилға бийлик етти.
16. Ол ҳәр жылы Бейт-Элди, Гилгалды ҳәм Миспаны айланып шығатуғын, бул қалаларда турып, пүткил Израилға бийлик ететуғын еди.
17. Соңынан Рамадағы өз үйине қайтып кететуғын ҳәм сол жерден Израилға бийлик ететуғын еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды.

1. Самуел қартайған шағында, өзиниң улларын Израилға бийлер етип қойды.
2. Туңғыш улының аты Иоел, екиншисиниң аты Абия болып, олар Беер-Шебада бийлик етти.
3. Бирақ уллары әкесиниң жолынан жүрмеди. Олар нәпсиқаўлыққа берилип, пара алатуғын ҳәм әдилликти бурмалайтуғын еди.
4. Сонлықтан пүткил Израил ақсақаллары жыйналып, Рамаға, Самуелге барды.
5. Олар Самуелге: «Мине, сен де қартайдың. Улларың да сениң жолыңнан жүрмей атыр. Соның ушын басқа халықларда болғаны сыяқлы, бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер», – деди.
6. Олардың: «Бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер», – деген сөзлери Самуелге унамады. Сол себепли ол Жаратқан Ийеге дуўа етти.
7. Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деп жуўап берди: «Халықтың саған айтып атырған сөзлериниң ҳәммесин тыңла. Себеби олар сеннен емес, ал өзлериниң патшасы болған Меннен ўаз кешти.
8. Оларды Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап, усы күнге шекем Маған не қылған болса, саған да соны ислеп атыр. Олар Мени таслап, басқа қудайларға хызмет еткен еди.
9. Енди оларға қулақ сал. Бирақ оларға өзлериниң үстинен патшалық ететуғын патшаның ҳуқықлары туўралы билдирип, қатаң ескерт».
10. Самуел өзинен патша талап еткен халыққа Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жеткерип,
11. оларға былай деди: – Сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық ететуғын патшаның ҳуқықлары мынадай: ол сизлердиң улларыңызды алып, өзиниң саўаш арбаларында ҳәм атлы әскерий топарларында хызмет еттирип қояды. Және де, олар оның арбасының алдында жуўырып жүретуғын болады.
12. Ол базыларын мыңбасылар ҳәм елиўбасылар етип қояды. Базыларға жерин сүрдирип, егинин жыйнатады. Ал базыларға болса, урыс қуралларын ҳәм саўаш арбаларының әсбап-үскенелерин соқтырып қояды.
13. Қызларыңызды ийис май ислеўши, аспаз ҳәм нанбай етип алады.
14. Жақсы егислик жерлериңизди, жүзим ҳәм зәйтүн бағларыңызды алып, өз хызметшилерине береди.
15. Ол зүрәәтиңиздиң ҳәм жүзимиңиздиң оннан бирин алып, өз ақталарына ҳәм хызметшилерине береди.
16. Қул ҳәм шорыларыңызды, ең жақсы өгиз ҳәм ешеклериңизди алып, өз жумысларында пайдаланады.
17. Ол майда малларыңыздың да оннан бирин алады, ал өзлериңиз оның қуллары боласызлар.
18. Усылар орынланғанда, өзлериңиз таңлаған патшаңыздың дәртинен нала шегесизлер. Бирақ сол күни Жаратқан Ийе сизлерге жуўап бермейди.
19. Деген менен, халық Самуелдиң сөзин тыңлағысы келмей: – Яқ, бизлерди басқаратуғын бир патша болсын.
20. Сонда бизлер де басқа халықлар сыяқлы боламыз. Патшамыз бизлерге бийлик етеди ҳәм алдымызда жүрип, саўашларымызды басқарады, – деди.
21. Самуел халықтың барлық сөзлерин тыңлағаннан соң, оларды Жаратқан Ийеге айтып берди.
22. Сонда Жаратқан Ийе Самуелге: «Олардың сөзине қулақ салып, оларға бир патша қойып бер», – деп жуўап берди. Соннан кейин, Самуел израиллыларға: «Ҳәр бир адам өз қаласына қайтсын», – деди.

1. Бенямин урыўынан Киш деген абырайлы бир адам бар еди. Ол Абиелдиң улы, Серордың ақлығы, Бехораттың шаўлығы, Афиахтың қуўлығы еди.
2. Киштиң жас ҳәм сымбатлы Шаул атлы бир улы бар еди. Израил халқы арасында оннан асқан сымбатлы адам жоқ еди. Ҳәр қандай адамның бойы оның ийнине келетуғын еди.
3. Бир күни Шаулдың әкеси Киштиң ешеклери жойтылып кетти. Сонда Киш улы Шаулға: «Хызметшилерден биреўин жаныңа алып, ешеклерди изле», – деди.
4. Шаул Эфрайымның таўлы үлкесин ҳәм Шалиша жерлерин айланып шықты. Бирақ ешеклерди таба алмады. Олар Шаалим үлкесине барды, бирақ ешеклер ол жерде де жоқ болып шықты. Соңынан олар Бенямин жерине барды, бирақ ешеклерди ол жерден де таба алмады.
5. Олар Суф жерине жеткенде, Шаул жанындағы хызметшисине: – Жүр, қайта қояйық. Болмаса, әкем ешеклерди қойып, бизлерди қайғыра баслар, – деди.
6. Бирақ хызметши оған: – Қара, мына қалада Қудайдың адамы турады. Ол абырайлы адам болып, оның айтқанларының бәри орынланады. Ҳәзир сол жерге барайық. Бәлким, ол бизлерге жол көрсетер, – деди.
7. Шаул оннан: – Егер барсақ, оған не апарамыз? Дорбамыздағы нанымыз да таўысылды. Қудайдың адамына беретуғын ҳеш қандай саўғамыз жоқ. Немиз қалды? – деп сорады.
8. Хызметши Шаулға және: – Мине, менде шерек шекел* гүмис бар. Ол бизлерге баратуғын жолымызды көрсетиўи ушын, мен оны Қудайдың адамына беремен, – деп жуўап берди.
9. Бурын Израилда бир адам Қудайдан бир нәрсе сорамақшы болғанда: «Жүриң, көзи ашыққа барайық», – дейтуғын болған. Себеби ҳәзир пайғамбар деп аталатуғын адамларды бурын «көзи ашықлар» деп атаған.
10. Шаул хызметшисине: «Яқшы, барайық», – деди. Солай етип, олар Қудайдың адамы жасайтуғын қалаға қарай кетти.
11. Олар қалаға қарай көтерилип баратырғанда, суў алыўға шыққан қызларды ушыратып, олардан: – Көзи ашық усы жерде ме? – деп сорады.
12. Қызлар оларға былай деп жуўап берди: – Аўа, ол сизлердиң алдыңызда кетип баратыр. Асығыңлар, ол қаламызға бүгин келди. Себеби халық бүгин сыйыныў орнында қурбанлық бережақ.
13. Қалаға кириўиңизден-ақ, аўқатланыў ушын сыйыныў орнына шықпасынан бурын оны таўып аласызлар. Ол барып, қурбанлықты мухаддеслемегенше, халық аўқат жемейди. Шақырылғанлар ол келгеннен соң жеўди баслайды. Ҳәзир барсаңыз, оны дәрҳал таўып аласызлар.
14. Шаул ҳәм оның хызметшиси қалаға кетти. Олар қалаға киргенде, сыйыныў орнына баратырған Самуел олардың қарсы алдынан шықты.
15. Шаул келмесинен бир күн алдын, Жаратқан Ийе Самуелге аян берип:
16. «Ертең усы ўақытта саған Бенямин жеринен бир адамды жиберемен. Оны майлап, халқым Израилға ҳүкимдар етип қой. Ол халқымды филистлер қолынан қутқарады. Мен халқымның аўҳалын көрдим. Өйткени олардың дады Маған жетип келди», – деген еди.
17. Самуел Шаулды көргенде, Жаратқан Ийе Самуелге: «Саған айтқан адамым усы болады. Халқыма ол ҳүкимдарлық етеди», – деди.
18. Шаул қала дәрўазасында Самуелди ушыратып, оннан: – Көзи ашықтың үйи қай жерде, айтып жибересиз бе? – деп сорады.
19. Самуел оған былай деп жуўап берди: – Көзи ашық мен боламан. Мениң алдымда жүрип, сыйыныў орнына көтерил. Бүгин мениң менен бирге аўқатланасаң. Ал азанда жүрегиңдегиниң бәрин өзиңе айтып берип, үйиңе қайтараман.
20. Үш күн алдын жойтылған ешеклериңди қайғырма, олар табылды. Израилдың пүткил үмити кимнен? Сеннен ҳәм әкеңниң хожалығынан емес пе?
21. Шаул Самуелге: – Мен Израил урыўлары ишиндеги ең кишкенеси болған Бенямин урыўынан емеспен бе? Мен тийисли болған тийре де Бенямин урыўындағы барлық тийрелердиң ең кишкенеси емес пе? Маған не ушын бул сөзлерди айтып турыпсыз? – деди.
22. Самуел Шаулды ҳәм оның хызметшисин сыйыныў орнының аўқатланыў бөлмесине алып барып, шақырылған отыздай қонақтың ишинде оларды ең төрге отырғызды.
23. Соңынан аспазға: «Мениң саған бөлек алып қой деп берген гөшимди алып кел», – деди.
24. Аспаз санның гөшин әкелип, Шаулдың алдына қойды. Самуел Шаулға: «Бул сениң пайың. Мәрҳәмат, же! Себеби буны белгиленген күни мен шақырған халық пенен бирге жеўиң ушын сақлап қойған едим», – деди. Сол күни Шаул Самуел менен бирге аўқатланды.
25. Олар сыйыныў орнынан қалаға түскеннен кейин, Самуел үйиниң төбесинде Шаул менен сөйлесип отырды.
26. Таң азанда Самуел үйдиң төбесинде жатырған Шаулды шақырып: «Таярлан, сени жолға шығарып салайын», – деди. Шаул орнынан турып, Самуел менен бирге сыртқа шықты.
27. Олар қала шетине жеткенде, Самуел Шаулға: «Хызметшиңе айт, алдымызға түсип жүре берсин», – деди. Хызметши алдыға жүрип кеткеннен кейин, Самуел Шаулға: «Бирақ сен тоқтап тур, мен саған Қудайдың сөзлерин билдирейин», – деди.

1. Соңынан Самуел зәйтүн майы қуйылған ыдысын алып, майды Шаулдың басына қуйды ҳәм оны сүйип, былай деди: «Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды.
2. Бүгин мениң жанымнан кеткениңнен соң, Бенямин жериниң шегарасындағы Селсахтағы Раҳиланың мазары жанында еки адамды ушыратасаң. Олар саған: „Сен излеп кеткен ешеклер табылды. Әкең ешеклерди ойлағанды қойып, балама не болды екен деп, сени қайғырып атыр“, – дейди.
3. Оннан арман қарай жүрип, Табордағы теребинф ағашына барасаң. Ол жерде үш адамды ушыратасаң. Олардың биреўи үш ылақ, екиншиси үш нан, ал үшиншиси шарап қуйылған мес алып, Қудайдың үйине, Бейт-Элге баратырған болады.
4. Олар сәлемлесип, саған еки нан береди, сен оларды аласаң.
5. Соңынан филистлердиң сақшылар бөлимшеси орналасқан Гибат-Элоҳимге барасаң. Қалаға киргениңде, сыйыныў орнынан түсип киятырған пайғамбарлар топарын ушыратасаң. Олар арфа, дәп, сырнай ҳәм лира шерткенлерге қосылып, пайғамбаршылық етип киятырған болады.
6. Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы сени толық бийлеп алып, сен де олар менен бирге пайғамбаршылық етесең ҳәм пүткиллей басқа адамға айланасаң.
7. Бул белгилер орынланғанда, жағдайға қарай ис тут. Өйткени Қудай сениң менен бирге болады.
8. Енди меннен алдын Гилгалға барып, сол жерде мени жети күн күт. Мен жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын бериў ушын сениң жаныңа бараман. Мен жаныңа барғанымда, не ислеў кереклигин билдиремен».
9. Шаул Самуелдиң жанынан кетиў ушын бурылыўдан-ақ, Қудай Шаулдың жүрегин өзгертип жиберди. Сол күни Самуел айтқан ҳәмме нәрсе орынланды.
10. Олар Гибаға келгенде, Шаулды пайғамбарлар топары қарсы алды. Сонда Қудайдың Руўхы Шаулды толық бийлеп алып, Шаул олар менен бирге пайғамбаршылық ете баслады.
11. Оны бурыннан таныйтуғынлардың ҳәммеси оның пайғамбарлар менен бирге пайғамбаршылық етип жүргенин көргенде, бир-бирине: «Киштиң улына не болған? Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – дести.
12. Сол жерде отырғанлардың бири: «Ал олардың әкеси ким екен?» – деди. «Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – деген гәп усыдан қалған екен.
13. Шаул пайғамбаршылық етип болғаннан соң, сыйыныў орнына көтерилди.
14. Сонда ағасы Шаулдан ҳәм оның хызметшисинен: – Сизлер қай жерге бардыңлар? – деп сорады. Шаул оған: – Бизлер ешеклерди изледик. Оларды таба алмағаннан соң, Самуелге бардық, – деп жуўап берди.
15. Ағасы Шаулға: – Самуел саған не айтты, маған да айтып бер, – деди.
16. Шаул оған: – Ол бизлерге ешеклердиң табылғанын анық айтып берди, – деди. Бирақ ол Самуелдиң өзине патшалық туўралы айтқан сөзлери ҳаққында тис жармады.
17. Самуел Израил халқын Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйнап,
18. оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен израиллыларды, яғный сизлерди Мысырдан алып шықтым. Мысырлылардың ҳәм өзлериңизди езген барлық патшалардың қолынан сизлерди қутқардым.
19. Бирақ сизлер бүгин өзлериңизди барлық мүсийбет ҳәм қыйыншылықларыңыздан қутқарған Қудайыңыздан жүз бурып, өзлериңизге бир патша қойып бериўди талап еттиңиз“. Енди Жаратқан Ийениң алдында урыўларыңыз ҳәм тийрелериңиз бойынша дизилиңлер».
20. Самуел пүткил Израил урыўларын бирме-бир алдыға шығарды. Шек бойынша олардан Бенямин урыўы таңланды.
21. Соңынан Бенямин урыўы тийрелери бойынша шақырылғанда, Матрийдиң тийреси таңланды. Ең соңында Матрийдиң тийресинен Киштиң улы Шаул таңланды. Бирақ оны излегенде, таба алмады.
22. Сонда халық Жаратқан Ийеден: – Ол адам еле бул жерге келмеди ме? – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: – Ол усы жерде, жүклердиң арасында жасырынып жатыр, – деп жуўап берди.
23. Олар жуўырып барып, Шаулды сол жерден алып келди. Шаул халықтың арасында турғанда, ҳәммениң бойы оның ийнине келип турды.
24. Самуел халыққа: «Жаратқан Ийениң таңлаған адамын көрип турсызлар ма? Пүткил халық арасында оған тең келетуғыны жоқ», – деди. Сонда халық: «Жасасын патша!» – деп бақырды.
25. Самуел халыққа патшалықтың ҳуқықлары туўралы баянлап берди. Оларды бир китап қылып жазып, Жаратқан Ийениң алдына қойды. Соңынан ҳәммени үйине қайтарды.
26. Шаул да Гибаға, өз үйине қайтты. Қудай жүреклерине түртки салған мәрт адамлар оған жолдас болды.
27. Бирақ гейбир жарамас адамлар: «Ол бизлерди қалай қутқара алады?» – деп Шаулды менсинбей, оған сыйлар бермеди. Ал Шаул өзин сезбегенге алды.

1. Аммон патшасы Нахаш Гиладтағы Ябеш қаласына келип, қаланы қамал етти. Пүткил ябешлилер Нахашқа: – Бизлер менен келисим дүз. Бизлер саған хызмет етемиз, – деди.
2. Бирақ Аммон патшасы Нахаш: – Мен бир шәрт пенен келисим дүземен. Пүткил Израил халқын масқара етиў ушын, ҳәр бириңиздиң оң көзиңизди ойып аламан, – деди.
3. Ябеш қаласының ақсақаллары Нахашқа: – Израилдың ҳәмме жерине хабаршылар жибериўимиз ушын, бизлерге жети күн мәўлет бер. Егер бизлерди қутқаратуғын ҳеш ким табылмаса, саған тәслим боламыз, – деди.
4. Хабаршылар Шаул жасап атырған Гиба қаласына келип, болып атырған ўақыяларды халыққа хабарлағанда, халық дад салып жылай баслады.
5. Тап усы ўақытта Шаул өгизлерин айдап, атыздан киятырған еди. Ол: «Адамларға не болды? Неге бунша жылап атыр?» – деп сорады. Сонда ябешлилердиң жоллаған хабарын оған айтып берди.
6. Шаул бул гәплерди еситкен ўақытта, Қудайдың Руўхы оны толық бийлеп алды. Шаул қатты ашыўға минди.
7. Ол бир жуп өгизди сойып, оларды жиликледи де, жиликлерди хабаршылар арқалы Израилдың ҳәмме тәрепине жиберип: «Шаул менен Самуелдиң изине ермеген ҳәр бир адамның өгизлерине де анық усылай исленеди», – деди. Халық Жаратқан Ийеден қорққанынан қалтырап, ҳәммеси бир жағадан бас шығарып, жолға атланды.
8. Шаул оларды Безекке жыйнады. Сонда Израилдың басқа урыўларынан үш жүз мың, ал Яҳуда урыўынан отыз мың адам болды.
9. Израиллылар сол жерге келген ябешли хабаршыларға: «Гиладтағы Ябеш турғынлары ертең күн тас төбеге көтерилгенде қутқарылатуғынын айтыңлар», – деди. Хабаршылар барып, бул хабарды жеткизгенде, ябешлилер қуўанып кетти.
10. Олар Нахашқа: «Ертең сизлерге тәслим боламыз. Сонда бизлерге нени мақул көрсеңиз, соны ислең», – деди.
11. Ертеңине Шаул адамларын үш топарға бөлди. Олар ерте таңда аммонлардың ордасына бастырып кирип, оларды күн қызғанша қырып таслады. Аман қалғанлары тарап кетип, дара-дара болып қашты.
12. Буннан кейин, халық Самуелге: «„Шаул ма бизге патша болатуғын?“ – дегенлер кимлер еди? Оларды алып келиңлер, өлтиремиз», – деди.
13. Бирақ Шаул оларға: «Бүгин ҳеш ким өлтирилмейди. Себеби Жаратқан Ийе бүгин Израил халқына қутқарылыў берди», – деди.
14. Ал Самуел халыққа: «Гилгалға барып, сол жерде патшалықты қайта тиклейик», – деди.
15. Солай етип, пүткил халық Гилгалға барып, Жаратқан Ийениң алдында Шаулды патша етип қойды. Сол жерде, Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлықларын берди. Шаул да, пүткил Израил халқы да жақсылап бәзим қурды.

1. Буннан кейин, Самуел Израил халқына былай деди: – Мен айтқанларыңыздың ҳәммесине қулақ асып, сизлерге бир патша тайынлап бердим.
2. Енди сизлерди басқаратуғын патшаңыз бар. Ал мен қартайдым, шашларым да ағарды. Улларым да сизлер менен бирге. Жаслығымнан баслап, усы күнге шекем сизлерге бийлик еттим.
3. Мине, мен алдыңызда турыппан. Айтыңлар, қайсы бириңиздиң өгизиңизди алдым? Кимниң ешегин тартып алдым? Кимди алдадым? Кимге зулымлық қылдым? Кимнен пара алып, оның айыпларын көрмесликке алдым? Жаратқан Ийениң ҳәм Оның майлаған патшасының алдында гүўалық бериңлер. Сизлерден бир нәрсе алған болсам, қайтарып берейин.
4. Халық оған: – Бизлерди алдамадың, бизлерге зулымлық та қылмадың, ҳеш кимниң қолынан ҳеш нәрсе алмадың, – деди.
5. Самуел оларға: – Меннен бирде бир нуқсан таппағаныңызға Жаратқан Ийе де, Ол майлаған патша да гүўа, – деди. – Аўа, гүўа, – деди халық.
6. Самуел сөзин былай деп даўам етти: – Муўса менен Харонды тайынлап, ата-бабаларыңызды Мысыр елинен алып шыққан Жаратқан Ийе болады.
7. Енди усы жерде турыңлар. Жаратқан Ийениң сизлерди ҳәм ата-бабаларыңызды қутқарыў ушын ислеген барлық жақсы ислерин Оның алдында сизлерге дәлиллеп берейин.
8. Яқып Мысырға кеткеннен кейин, ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, Ол Муўса менен Харонды жиберди. Олар ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шығып, усы жерге орналастырды.
9. Бирақ ата-бабаларыңыз өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийени умытты. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды Хасор патшасының сәркәрдасы Сисераның, филистлердиң ҳәм Моаб патшасының қолына тапсырды. Олар ата-бабаларыңызға қарсы урысты.
10. Ата- бабаларыңыз Жаратқан Ийеге: «Бизлер гүна иследик. Сени таслап, Баал ҳәм Аштарта бутларына хызмет еттик. Енди бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқар, Саған хызмет етемиз», – деп жалбарынды.
11. Сонда Жаратқан Ийе Еруббаалды, Беданды, Ифтахты ҳәм Самуелди, яғный мени жиберип, қәўипсиз жасаўыңыз ушын, әтирапыңызды қоршаған душпанларыңыздың қолынан сизлерди қутқарды.
12. Бирақ сизлер Аммон патшасы Нахаштың өзлериңизге қарсы атланғанын көргениңизде, патшаңыздың Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенине қарамастан: «Яқ, бизлерди патша басқарсын», – дедиңлер.
13. Мине, өзлериңиз таңлап, тилеп алған патшаңыз! Аўа, Жаратқан Ийе сизлерге патша берди.
14. Егер Жаратқан Ийеден қорқып, Оған хызмет қылсаңыз, Оның сөзлерин тыңлап, буйрықларына қарсы шықпасаңыз, сизлер де, сизлерди басқаратуғын патшаңыз да Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ерсеңиз, ҳәммеси жақсы болады.
15. Егер Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспай, Оның буйрықларына қарсы шықсаңыз, Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызды жазалағаны сыяқлы, сизлерди де жазалайды.
16. Енди орныңызда турып, Жаратқан Ийениң көз алдыңызда ислейтуғын уллы исин көриңлер.
17. Ҳәзир бийдай орымы ўақты емес пе? Мен Жаратқан Ийеге жалбарынаман ҳәм Ол аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырады. Сонда сизлер патша қойыўды сорап, Жаратқан Ийениң нәзеринде қандай жаманлық ислегениңизди жақсы түсинип аласыз.
18. Самуел Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе сол күни аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырды. Халық Жаратқан Ийеден де, Самуелден де қатты қорқты.
19. Олар Самуелге: – Набыт болмаўымыз ушын, бизлер, яғный өз қулларың ушын Қудайың Жаратқан Ийеге жалбарын. Өйткени бизлер патша сорап, өз гүналарымыз үстине гүна жамадық, – деди.
20. Сонда Самуел халыққа былай деди: – Қорқпаңлар, сизлер бул үлкен жаманлықты иследиңлер. Бирақ енди Жаратқан Ийеден жүз бурмай, Оған ериңлер ҳәм шын жүректен хызмет етиңлер.
21. Ҳеш кимди қутқара алмайтуғын жарамсыз бутлардың изине ермеңлер. Себеби олар пайдасыз.
22. Өзиниң уллы аты ушын Жаратқан Ийе Өз халқынан жүз бурмайды. Себеби Ол сизлерди Өз халқы қылыўды мақул тапты.
23. Маған келсек, сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарыныўдан ўаз кешиў арқалы, Оған қарсы гүна ислеўден аўлақ болғайман! Мен сизлерге тек жақсы ҳәм туўры жолды көрсетемен.
24. Жалғыз Қудайдан қорқыңлар, Оған шын жүректен садықлық пенен хызмет етиңлер. Оның сизлер ушын қандай уллы ислерди ислегенин есте тутыңлар!
25. Бирақ жаўызлық ислеўди даўам ете берсеңиз, өзлериңиз де, патшаңыз да қырылып кетесизлер.

1. Шаул Израилда еки жыл патшалық еткеннен соң,
2. халықтан үш мың адамды таңлап алып, олардың еки мыңын Михмас ҳәм Бейт-Элдиң таўлы үлкелеринде өз жанына алып қалды. Ал бир мыңын Бенямин урыўына тийисли болған Гиба қаласындағы Ионатанның жанына жиберди. Халықтың қалғанын үйлерине қайтарды.
3. Ионатан филистлердиң Гибадағы сақшылар топарын қыйратты. Филистлер бул туўралы еситти. Ал Шаул: «Еврейлер бул хабарды еситсин», – деп пүткил ел бойлап кәрнай шерттирди.
4. Солай етип, израиллылардың ҳәммеси Шаулдың филистлердиң сақшылар топарын қырғаны ҳәм филистлердиң израиллыларды жек көрип қалғанлығы туўралы еситти. Сонлықтан халық Гилгалға, Шаулдың жанына жыйналды.
5. Филистлер израиллылар менен урысыў ушын топланды. Олар үш мың саўаш арбасы, алты мың атлы әскери ҳәм теңиз қумындай сансыз пияда әскерлери менен келип, Бейт-Аўенниң шығысындағы Михмасқа орда қурды.
6. Израиллылар өзлериниң қәўипли жағдайда екенин ҳәм әскерлериниң қысқыға алынғанын көргенде, үңгирлерге, шеңгелликлерге, жартаслардың қуўысларына, шуқырларға ҳәм суў сақлағышларға жасырынды.
7. Еврейлердиң айырымлары болса, Иорданнан Гад ҳәм Гилад жерлерине кесип өтти. Бирақ Шаул еле Гилгалда еди. Оның изине ерген пүткил әскерлер қорқыныштан қалтырасты.
8. Шаул Самуел тәрепинен белгиленген мүддетке бойсынып, жети күн күтти. Бирақ Самуел Гилгалға келмей атырғанлықтан, халық Шаулдың жанынан кете баслады.
9. Сонда Шаул: «Жандырылатуғын қурбанлық пенен татыўлық қурбанлығы ушын берилетуғын малларды маған алып келиңлер», – деди де, жандырылатуғын қурбанлықты усынды.
10. Шаул жандырылатуғын қурбанлықты берип болар болмастан, Самуел келди. Шаул сәлем бериў ушын оның алдына шықты.
11. Самуел Шаулдан: – Не ислеп қойдың? – деп сорады. Шаул оған былай жуўап берди: – Адамларым жанымнан кете баслады. Сен де белгиленген күни келмедиң. Буның үстине, филистлердиң Михмасқа топланғанын көргенимде:
12. «Енди филистлер Гилгалға, мениң үстиме бастырып келеди, ал мен елеге шекем Жаратқан Ийеден жәрдем сорамадым», – деп ойладым. Сонлықтан мен жандырылатуғын қурбанлықты бериўди шештим.
13. Самуел Шаулға: – Сен ақылсызларша ис тутып, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың. Булай ислемегениңде, Ол сениң Израил үстинен патшалығыңды мәңгилик қылар еди+.
14. Бирақ енди сениң патшалығың узаққа бармайды. Жаратқан Ийе Өзиниң кеўлине жаққан биреўди таўып, оны Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды. Себеби сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, – деди.
15. Соннан кейин, Самуел Гилгалдан шығып, Бенямин урыўының Гиба қаласына кетти. Шаул жанында қалған адамларды санап шықты. Олар шама менен алты жүз адам еди.
16. Шаул, оның улы Ионатан ҳәм олардың адамлары Бенямин урыўына тийисли болған Гиба қаласына орналасты. Ал филистлер болса, Михмасқа орда қурған еди.
17. Филистлердиң ордасынан үш топар әскер елди тонаў ушын бөлинип шықты. Топарлардың бири Шуўал үлкесиндеги Офраға,
18. екиншиси Бейт-Хоронға, үшиншиси Себоим ойпатлығы үстинен көтерилип турған шөлге баратуғын жол арқалы шегарадағы жерлерге қарай жол алды.
19. Пүткил Израил елинде бирде бир темирши уста жоқ еди. Өйткени филистлер: «Еврейлер найза ҳәм қылыш соғып алмасын», – деген еди.
20. Сонлықтан пүткил Израил халқы пазналарын, кетпенлерин, балталарын ҳәм орақларын егетиў ушын филистлерге барыўға мәжбүр еди.
21. Пазна ҳәм кетпенлердиң егеў баҳасы гүмис шекелдиң үштен еки бөлегине шамалас болып, бел, балта ҳәм ушлы қуралларды егеў баҳасы гүмис шекелдиң үштен бирине тең еди.
22. Сол себепли саўаш ўақтында Шаул менен Ионатанның қасындағылардың ҳеш биринде қылыш та, найза да болмады. Олар тек Шаул менен Ионатанда ғана бар еди.
23. Сол арада филистлердиң бир топары Михмас өткелине қарай шықты.

1. Бир күни Шаулдың улы Ионатан өз нөкерине: «Жүр, қарсы тәрептен филистлердиң ордасына өтейик», – деди. Бирақ Ионатан буны әкесине айтпады.
2. Шаул Гиба қаласы жанындағы Мигронда бир анар ағашының саясында отырған болып, оның жанында алты жүзге шамалас адамы бар еди.
3. Эфод кийген Ахия да сол жерде еди. Ахия Ихабодтың ағасы Ахитубтың улы, Пинехастың ақлығы, Шилода Жаратқан Ийениң руўханийи болған Элийдиң шаўлығы еди. Халық Ионатанның кеткенин сезбей қалды.
4. Ионатан филистлердиң ордасына өтиўди режелестирген өткелдиң еки тәрепинде де жар таслар болып, олардың биреўи Босес, екиншиси Сенне деп аталатуғын еди.
5. Жартаслардың биреўи арқада болып, Михмасқа, екиншиси қублада болып, Гибаға қарап турған еди.
6. Ионатан нөкерине: – Жүр, сол сүннетсизлердиң ордасына барайық. Бәлким, Жаратқан Ийе бизлерге жәрдем берер. Себеби көпшилик пенен де, азшылық пенен де Жаратқан Ийениң жеңиске ерисиўине ҳеш нәрсе тосқынлық жасай алмайды, – деди.
7. Нөкер оған: – Не ойласаңыз, соны ислең. Баслаң, қаяққа барыўды мақул көрсеңиз де, мен сиз бенен биргемен, – деп жуўап берди.
8. Сонда Ионатан былай деди: – Бизлер сол адамлар бетке өтейик, олар бизлерди көрсин.
9. Егер олар бизлерге: «Жаныңызға барғанымызша, тоқтап турың», – десе, турған жеримизде қалып, оларға қарай көтерилмеймиз.
10. Егер олар: «Жанымызға келиңлер», – десе, бизлер көтерилемиз. Себеби бул – бизлер ушын Жаратқан Ийениң филистлерди бизлерге тәслим ететуғынын билдиретуғын белги болады.
11. Солай етип, олар екеўи де филистлердиң әскерлерине көринди. Сонда филистлер: «Қараңлар, еврейлер жасырынған шуқырларынан шыға баслады», – деди.
12. Соңынан олар Ионатанға ҳәм оның нөкерине: «Берман келиңлер, сизлерге бир нәрсе айтажақпыз», – деп бақырды. Сонда Ионатан өз нөкерине: «Мениң изимнен ер, Жаратқан Ийе оларды израиллыларға тәслим етти», – деди.
13. Ионатан аяқ-қоллары менен тырмасып, өрмелей баслады. Нөкери де оған ерди. Ионатан филистлерди урып қулата берди, нөкери де оларды өлтире берди.
14. Ионатан ҳәм оның нөкери бул биринши ҳүжим ўақтында, еки өгиз бир күнде сүретуғын атыз майданының ярымындай жерде жигирмаға жақын адамды өлтирди.
15. Қыр даладағы ордада ҳәм пүткил филист халқы арасында қорқыныш ҳүким сүрди. Әскерлер менен тонаўшы топарлар да қатты қалтырасты. Жер де силкинди. Бул Қудай жиберген қорқыныш еди.
16. Бенямин жериниң Гиба қаласында Шаулдың гүзетшилери сансыз филист әскерлериниң тарап, жән-жаққа қашып баратырғанын көрди.
17. Сонда Шаул жанындағыларға: «Әскерлерди барлап шығып, кимниң жоқ екенин билиңлер», – деди. Олар барлап шыққанда, Ионатан менен оның нөкериниң жоқ екенлиги мәлим болды.
18. Шаул Ахияға: «Қудайдың сандығын алып кел», – деди. Сол ўақытта Қудайдың сандығы Израил халқында еди.
19. Шаул руўханий менен сөйлесип атырған ўақытта, филистлердиң ордасындағы ала-пасырлы және де ҳәўиж алған еди. Шаул руўханийге: «Сандықты әкелмей-ақ қой, керек емес», – деди.
20. Соңынан Шаул ҳәм оның жанындағы әскерлердиң ҳәммеси топланып, саўаш майданына кетти. Ол жерде уллы ала-пасырлы жүз берип, филистлер бир-бирине қылыш сермеп атырған еди.
21. Бурын филистлер тәрепине өтип, олардың ордасында болған еврейлер де саптан шығып, Шаул менен Ионатанның жанындағы Израил әскерлерине қосылды.
22. Эфрайымның таўлы үлкесинде жасырынып жүрген израиллылар да филистлердиң қашып атырғанын еситкенде, саўаш майданына шығып, филистлерди қуўа баслады.
23. Солай етип, Жаратқан Ийе сол күни израиллыларды жеңиске еристирди. Саўаш Бейт-Аўенниң арғы тәрепине шекем жайылды.
24. Сол күни израиллылар қатты шаршаған еди. Себеби Шаул: «Кешке шекем, мен душпанларымнан өш алмағанымша, дуз татқан ҳәр бир адамға нәлет жаўсын», – деген шәрт қойып, халыққа ант иштирген еди. Сонлықтан ҳеш ким ҳеш нәрсе жемеген еди.
25. Әскерлер тоғайға кетти. Ол жерде ағып атырған пал бар еди.
26. Олар тоғайға киргенде, ағып атырған палға көзлери түссе де, ишкен антынан қорққанлықтан, ҳеш бири палға қол тийгизбеди.
27. Бирақ Ионатан әкесиниң әскерлерге ант иштиргенин еситпеген еди. Ол қолындағы таяғын созып, ушын уядағы палға батырып алды. Ол палды татып көриўден-ақ, көзлери шайдай ашылды.
28. Сонда сол жердегилердиң бири оған: – Әкең әскерлерге: «Егер бүгин ким де ким дуз татса, оған нәлет жаўсын», – деп ант иштирген еди. Сонлықтан да әскерлер ҳалдан тайған, – деди.
29. Ионатан оған: – Әкем елди аўыр аўҳалға салып қойған екен. Қараңлар, мына палдан аз-маз татып көрип едим, көзлерим шайдай ашылды.
30. Бүгин халық душпанларынан олжаға алған азық-аўқаттан жегенде, жүдә жақсы болар еди. Сонда филистлер буннан да үлкенирек қырғынға ушыраған болар ма еди? – деди.
31. Сол күни израиллылар филистлерди Михмастан Айялонға шекем жеңилиске ушыратты. Халық қатты ҳалдан тайды.
32. Сонлықтан олар олжалаған малларына тасланып, қойларды, өгизлерди ҳәм баспақларды сол жерде-ақ сойып, қанын ағызбастан жеди.
33. Сонда Шаулға: «Қара, халық гөшти қаны менен жеп, Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп атыр», – деп хабарлады. Шаул адамларға: «Опасызлық қылдыңлар. Ҳәзир-ақ маған үлкен бир тасты домалатып алып келиңлер», – деди.
34. Соңынан ол және: «Адамлар арасына барып айтыңлар: өзлериниң өгизлерин ҳәм қойларын маған алып келип, усы жерде сойып жесин. Гөшти қаны менен жеп, гүна ислемесин», – деди. Сол күни түнде ҳәр бир адам өзиниң өгизин алып келип, сол жерде сойды.
35. Шаул Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды. Бул Шаулдың Жаратқан Ийеге арнап қурған биринши қурбанлық орны еди.
36. Шаул адамларына: – Келиңлер, бүгин түнде филистлердиң изинен қуўып, таң атқанша малларын тартып алайық. Олардың бирде биреўин тири қалдырмайық, – деди. Олар Шаулға: – Нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деди. Бирақ руўханий: – Келиңлер, Жаратқан Ийеден сорайық, – деди.
37. Шаул Қудайдан: «Филистлерге ҳүжим қыла берейин бе? Оларды израиллыларға тәслим қыласаң ба?» – деп сорады. Бирақ Қудай сол күни жуўап бермеди.
38. Сонда Шаул былай деди: «Ҳәй, пүткил халық басшылары! Берман келиңлер, бүгин қандай гүна исленгенин анықлайық.
39. Израилды қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: егер бул гүнаға жол ашқан улым Ионатан болса да, ол сөзсиз өлтириледи». Бирақ ҳеш ким үндемеди.
40. Шаул пүткил израиллыларға: – Сизлер бир тәрепте турыңлар, мен улым Ионатан менен екинши тәрепте тураман, – деди. Адамлар оған: – Нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деп жуўап берди.
41. Шаул Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге: «Маған дурыс жуўапты бер», – деди. Шек Ионатан менен Шаулға түсти, ал халық ақланды.
42. Сонда Шаул: «Енди улым Ионатан екеўимиздиң арамызға шек таслаң», – деди. Бул рет шек Ионатанға түсти.
43. Сонда Шаул Ионатаннан: – Маған айтшы, сен не иследиң? – деп сорады. Ионатан әкесине: – Мен қолымдағы таяқтың ушы менен азғантай пал алып жеген едим. Мине, енди мен өлиўим керек, – деди.
44. Шаул оған: – Ионатан, сен сөзсиз өлесең. Егер мен сени өлтиртпесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын, – деди.
45. Бирақ халық Шаулға: – Израилды үлкен жеңиске еристирген Ионатанды өлтирмекшимисең? Ҳасла! Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемиз: оның шашының бир талына да зыян тиймейди. Себеби ол бүгин не ислеген болса да, Қудайдың жәрдеми менен иследи, – деди. Солай етип, халық Ионатанды өлимнен қутқарып қалды.
46. Буннан соң, Шаул филистлерди қуўыўдан ўаз кешти. Филистлер де өз жерлерине қайтып кетти.
47. Шаул Израилға патша болғаннан соң, әтираптағы душпанларына: Моаб, Аммон, Эдом халықларына, Соба патшаларына ҳәм филистлерге қарсы урысты. Ол ҳәмме жерде жеңиске еристи.
48. Ол мәртлерше урысып, амалеклерди жеңди ҳәм израиллыларды тонаўшылардың қолынан қутқарды.
49. Шаулдың улларының аты Ионатан, Ишўий ҳәм Малкий-Шуа еди. Оның еки қызы болып, үлкениниң аты Мераб, кишкенесиниң аты Михал еди.
50. Ал ҳаялының аты Ахиноам болып, ол Ахимаастың қызы еди. Шаулдың әкесиниң туўысқаны Нердиң улы Абнер Шаулдың сәркәрдасы еди.
51. Абнердиң әкеси Нер ҳәм Шаулдың әкеси Киш туўысқан болып, олар Абиелдиң уллары еди.
52. Шаулдың пүткил өмири даўамында филистлер менен қатал урыслар болып турды. Шаул қай жерде батыр ҳәм жаўынгер адамды көрсе, оны өз хызметине алды.

1. Бир күни Самуел Шаулға былай деди: «Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы Израил үстинен патша етип қойыў ушын мени жиберген еди. Енди Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла.
2. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Израиллыларға ислеген жаманлығы ушын амалеклерди жазаламақшыман. Өйткени олар Мысырдан шыққан Израил халқына қарсы шыққан еди.
3. Енди барып, амалеклерге ҳүжим қыл ҳәм оларға тийисли барлық нәрсени толық жоқ қыл. Оларды аяма. Еркегин де, ҳаялын да, балаларын да, нәрестелерин де, өгизин де, қойын да, түйесин де, ешегин де, ҳәммесин өлтир“».
4. Шаул әскерлерин топлап, оларды Телаим қаласында санақтан өткизди. Ол жерде еки жүз мың пияда әскер болып, Яҳуда урыўынан да он мың әскер бар еди.
5. Шаул амалеклердиң қаласына барып, ойпатлықта буққы жасады.
6. Соңынан ол кен халқына: «Сизлерди де амалеклер менен бирге қырып тасламаўым ушын, бөлинип, олардың арасынан шығып кетиңлер. Себеби сизлер Мысырдан шыққан Израил халқына жақсылық ислеген едиңлер», – деп хабар жиберди. Сонда кенлер амалеклерден айырылып шықты.
7. Шаул Хаўиладан Мысырдың шығысындағы Шурға шекемги амалеклерди қыйратты.
8. Ол амалек патшасы Агагты тирилей қолға алды, ал оның пүткил халқын қылыштан өткерип, қырып таслады.
9. Бирақ Шаул ҳәм оның адамлары Агагты, оның ең жақсы қойларын, сыйырларын, ең семиз таналарын ҳәм қозыларын, улыўма жақсы нәрселерди аяп, оларды толық қырып таслаўды қәлемеди. Ал әҳмийетсиз ҳәм ҳәлсизлерин қырып таслады.
10. Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деп аян берди:
11. «Мен Шаулды патша етип тайынлағаныма өкинемен. Ол Меннен жүз бурып, буйрықларымды орынламады». Самуел ашыўланды ҳәм түни менен Жаратқан Ийеге жалбарынды.
12. Ертеңине Самуел азанда ерте турып, Шаул менен ушырасыўға барды. Бирақ ол Шаулдың Кармелге кеткенин, сол жерде өзине бир ескерткиш орнатқаннан соң, төмен түсип Гилгалға қайтқанын билди.
13. Самуел Шаулға келгенде, Шаул оған: – Сени Жаратқан Ийе жарылқасын. Мен Жаратқан Ийениң буйрығын орынладым, – деди.
14. Бирақ Самуел оннан: – Онда неге қулағыма қойдың маңырағаны ҳәм сыйырдың мөңирегени еситилип тур? – деп сорады.
15. Шаул оған: – Адамларым оларды амалеклерден алып келди. Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын, қой ҳәм сыйырлардың ең жақсыларын аяп алып қалды, қалғанларын толық жоқ қылдық, – деп жуўап берди.
16. Сонда Самуел Шаулға: – Тоқтай тур, бүгин түнде Жаратқан Ийениң маған нелерди айтқанын саған билдирейин, – деди. – Айт, – деди Шаул.
17. Сонда Самуел Шаулға: – Тоқтай тур, бүгин түнде Жаратқан Ийениң маған нелерди айтқанын саған билдирейин, – деди. – Айт, – деди Шаул.
18. Ол сени: «Барып, сол гүнакар амалеклерди пүткиллей қырып тасла. Ҳәммесин жоқ қылмағанша, олар менен урыс», – деген тапсырма менен жиберген еди.
19. Олай болса, неге Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспадың? Неге олжаға тасланып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти иследиң?
20. Шаул Самуелге былай деп жуўап берди: – Бирақ мен Жаратқан Ийениң сөзине қулақ астым. Мен Оның жиберген жерине бардым. Амалек халқын толық қырып таслап, олардың патшасы Агагты усы жерге алып келдим.
21. Адамларым болса, Гилгалда Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын қырып тасланыўы керек болған олжадан ең жақсы қой ҳәм малларды алды.
22. Сонда Самуел Шаулға былай деп жуўап берди: – Жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықлар бергеннен гөре, Өзине қулақ асқанларға Жаратқан Ийе көбирек қуўанбай ма? Қулақ асыў қурбанлықтан, бойсыныў қошқардың майынан артығырақ.
23. Себеби бойсынбаўшылық палкерлик сыяқлы гүна, ал менменлик бутпаразлық пенен барабар. Сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тартқаның ушын, Жаратқан Ийе де сени патша етиўден бас тартты.
24. Шаул Самуелге: – Мен гүна иследим! Аўа, Жаратқан Ийениң буйрығына да, сениң сөзлериңе де бойсынбай, адамларымнан қорққаным ушын, оларға қулақ салдым.
25. Бирақ енди өтинемен, мениң гүнамды кешир. Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын мениң менен бирге қайт, – деди.
26. Ал Самуел Шаулға: – Мен сениң менен бирге қайтпайман. Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тарттың, Жаратқан Ийе де сени Израилға патша етиўден бас тартты, – деди.
27. Самуел кетпекши болып бурылғанда, Шаул оның шапанының етегинен услап қалды. Шапан жыртылды.
28. Сонда Самуел: – Бүгин Жаратқан Ийе Израилдың патшалығын сениң қолыңнан алды ҳәм сеннен жақсырағына берди.
29. Израилдың уллы Қудайы жалған сөйлемейди, пикирин де өзгертпейди. Пикирин өзгертетуғындай Ол адам емес, – деди.
30. Шаул Самуелге: – Мен гүна иследим. Бирақ халқымның ақсақаллары ҳәм басқа израиллылардың алдында маған ҳүрмет көрсет. Қудайың Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын, мениң менен бирге қайт, – деди.
31. Солай етип, Самуел Шаул менен бирге қайтты ҳәм Шаул Жаратқан Ийеге сыйынды.
32. Соңынан Самуел: «Амалеклердиң патшасы Агагты мениң алдыма алып келиңлер», – деп буйырды. Агагты байлаўлы ҳалда Самуелдиң алдына алып келди. Ал Агаг ишинен: «Өлим қәўпиниң шетлеп өткени анық», – деп ойлады.
33. Бирақ Самуел оған: «Қылышың аналарды балаларынан қалай айырған болса, сениң анаң да ҳаяллар арасында баласынан айырылсын», – деди де, Агагты Гилгалда, Жаратқан Ийениң алдында қылыш пенен шаўып таслады.
34. Кейин Самуел Рамаға, ал Шаул Гибадағы өз үйине қайтты.
35. Сол күннен баслап өмириниң ақырына шекем Самуел Шаулды қайтып көрмеди. Бирақ оның ушын қайғырып жүрди. Ал Жаратқан Ийе болса, Шаулды Израилға патша етип тайынлағанына пушайман еди.

1. Жаратқан Ийе Самуелге: – Шаулдың Израилға патша болыўынан Мени бас тартты деп, қашанға шекем ол ушын қайғырып жүресең? Май қуятуғын шақыңды зәйтүн майына толтырып жолға шық. Сени бейтлеҳемли Ишайдың үйине жиберемен. Себеби Мен оның улларының бирин патша етиў ушын таңлап алдым, – деди.
2. Самуел: – Қалай бараман? Шаул буны еситсе, мени өлтиреди-ғо, – деди. Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Өзиң менен бирге бир қашарды ал да: «Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим», – деп айт.
3. Ишайды қурбанлық асына мирәт ет. Сонда Мен саған не ислеўиң кереклигин билдиремен. Саған көрсеткен адамымды майлап, Мениң ушын патша етип қоясаң.
4. Самуел Жаратқан Ийениң айтқанын орынлап, Бейтлеҳем қаласына барды. Қала ақсақаллары оны қорқыныш пенен күтип алып: – Тынышлық па? – деп сорады.
5. Самуел оларға: – Аўа, тынышлық. Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим. Өзлериңизди пәклеп, мениң менен бирге қурбанлық асына жүриңлер, – деди. Соңынан ол Ишайды ҳәм оның улларын пәклеў рәсиминен өткерип, қурбанлық асына мирәт етти.
6. Ишай ҳәм оның уллары келгенде, Самуел Элиабты көрип: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийениң алдында турған мына адам – Оның майлағаны», – деп ойлады.
7. Бирақ Жаратқан Ийе Самуелге: «Оның шырайына, бойының узынлығына қарама. Себеби Мен оны мақул көрмедим. Мен адамлар сыяқлы қарамайман. Адам сыртқы көринисине қарайды, ал Мен жүрекке қарайман», – деди.
8. Ишай улы Абинадабты шақырып, Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди.
9. Кейин Ишай үшинши улын, Шамманы алып келди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди.
10. Солай етип, Ишай өзиниң жети улын да Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе булардың ҳеш бирин де таңлап алмады», – деди.
11. Соңынан Самуел Ишайдан: – Булар улларыңның ҳәммеси ме? – деп сорады. Ишай оған: – Ең кишкенеси бар. Ол қой бағып жүр, – деп жуўап берди. Самуел Ишайға: – Биреўди жиберип, оны шақырт. Ол келмегенше, аўқатқа отырмаймыз, – деди.
12. Ишай биреўди жиберип, улын алдыртты. Ол қызыл жүзли, сымбатлы болып, көзлери жанып турған еди. Жаратқан Ийе Самуелге: «Орныңнан турып, оны майла. Таңлаған адамым усы болады», – деди.
13. Самуел зәйтүн майы қуйылған шақты алып, ағаларының көз алдында жигиттиң басына май қуйды. Усы күннен баслап, Жаратқан Ийениң Руўхы Даўытты бийлеп алды. Соңынан Самуел Рамаға қайтып кетти.
14. Сол арада Жаратқан Ийениң Руўхы Шаулды тәрк етти. Жаратқан Ийе жиберген жаман бир руўх оны қыйнайтуғын еди.
15. Хызметшилери Шаулға: – Қараң, Қудай жиберген жаман руўх сизди қыйнап атыр.
16. Тақсыр, хызметшилериңиз болған бизлерге буйрық бериң. Бизлер лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып келейик. Сонда Қудай жиберген жаман руўх сизге келгенде, ол адам лира шертеди ҳәм сиз жеңил тартасыз, – деди.
17. Шаул хызметшилерине: – Яқшы, лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып, маған алып келиңлер, – деп буйырды.
18. Сонда хызметшилерден бири: – Бейтлеҳемли Ишайдың улларының бирин көрген едим. Ол лираны жақсы шертеди екен. Буның үстине, ол ақсүйеклерден болып, мәрт жаўынгер екен. Оның сөзлери мәнили, қәдди-қәўмети де келискен. Жаратқан Ийе де оның менен бирге, – деди.
19. Шаул Ишайға: «Қой бағып жүрген улың Даўытты маған жибер», – деп хабаршылар жөнетти.
20. Ишай бир ешекке нан, бир мес шарап ҳәм бир ылақты артып, Даўыт пенен қоса Шаулға жиберди.
21. Даўыт Шаулға барып, оның хызметине кирди. Шаул Даўытты жүдә жақсы көрди ҳәм оны өзине нөкер етип алды.
22. Шаул Ишайға: «Даўыттың хызметимде қалыўына рухсат бер. Оған кеўлим толды», – деген хабар жиберди.
23. Сол күннен баслап, Қудай жиберген жаман руўх Шаулға келгенде, Даўыт лира шертетуғын еди. Сонда Шаул өзине келип жақсы болатуғын, жаман руўх та оны тәрк ететуғын еди.

1. Филистлер урысыў ушын әскерлерин топлап, Яҳуданың Сохо қаласына жыйналды. Олар Сохо менен Азеқа қаласы аралығындағы Эфес- Даммим деген жерге орда қурды.
2. Шаул менен израиллылар да топланды. Олар Эла ойпатлығына орда қурып, филистлерге қарсы саўашқа таярланды.
3. Филистлер бир төбешикти, ал израиллылар екинши төбешикти ийеледи. Олардың ортасында ойпатлық бар еди.
4. Филистлер сапынан гатлы Голият деген күшли бир жаўынгер ортаға шықты. Оның бойы алты шығанақ ҳәм бир қарыс еди.
5. Ол басына қоладан исленген дуўлыға, үстине қоладан исленген саўыт кийип алған болып, саўытының аўырлығы шама менен бес мың шекел еди.
6. Оның аяқлары қола дизеқап пенен қапланып, жаўырынына қола семсер асқан еди.
7. Семсериниң сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай, ал семсериниң ушындағы темирдиң аўырлығы алты жүз шекел еди. Голияттың үлкен қалқанын нөкери оның алдында көтерип жүретуғын еди.
8. Голият турып, сапта турған израиллыларға былай деп бақырды: «Сизлер неге саўаш майданына шықтыңыз? Мен филистпен, ал сизлер Шаулдың қуллары емессизлер ме? Маған қарсы шығыў ушын араңыздан бирин таңлаң.
9. Егер ол мениң менен урысып, мени өлтире алса, онда бизлер сизлердиң қулларыңыз боламыз. Егер мен үстин келип, оны өлтире алсам, онда сизлер бизлерге қул болып, бизлерге хызмет қыласызлар».
10. Соңынан филист сөзин даўам етип: «Бүгин мен Израил әскерлериниң шермендесин шығараман. Мениң менен алысатуғын бир адамды алдыма шығарың», – деди.
11. Филисттиң бул сөзлерин еситип, Шаул да, израиллылар да қатты қорқып, қәўетерге түсти.
12. Даўыт Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан болған эфратлы Ишай деген адамның улы еди. Ишайдың сегиз улы бар еди. Шаулдың патшалығы дәўиринде Ишай қартайып қалған болып, адамлар арасында ең жасы үлкени еди.
13. Ишайдың үлкен үш улы Шаул менен бирге саўашқа кеткен еди. Саўашқа кеткен улларының ең үлкениниң аты Элиаб, екиншисиниң аты Абинадаб, үшиншисиниң аты Шамма еди.
14. Даўыт ең генже улы еди. Үлкен үш улы Шаулдың жанында еди.
15. Ал Даўыт болса, әкесиниң сүриўин бағыў ушын, Шаулдың жанынан Бейтлеҳемге қайтып келген еди.
16. Филист Голият қырық күн даўамында азанлы-кеш ортаға шығып, урысыўға шақырды.
17. Бир күни Ишай улы Даўытқа былай деди: «Мына қуўырылған бир эфа бийдай менен он шөрек нанды ал да, оларды тезирек ордаға, ағаларыңа апарып бер.
18. Ал мына он бөлек иримтикти болса, олардың мыңбасысына бер. Ағаларыңның ҳал-жағдайын бил ҳәм олардың жақсы екенин билдиретуғын қандай да бир белги алып кел.
19. Ағаларың, Шаул ҳәм басқа барлық израиллылар менен бирге Эла ойпатлығында филистлерге қарсы урысып атыр».
20. Ертеңине Даўыт азанда ерте турды. Сүриўди бир шопанға қалдырып, Ишайдың буйрығы бойынша азық-аўқатларды алды да, жолға шықты. Ол ордаға жетип барғанда, әскерлер сап тартып, сүрен салыўы менен саўашқа шығып атырған еди.
21. Израиллылар менен филистлер бир-бирине қарама- қарсы болып сапқа дизилген еди.
22. Даўыт апарған затларын жүклерди қараўыллайтуғын адамға қалдырып, сапқа қарай жуўырып кетти. Ол туўысқанларының жанына барып, олар менен сәлемлести.
23. Даўыт туўысқанлары менен сөйлесип турғанда, гатлы филист жаўынгери Голият өз сапынан ортаға шығып, бурынғы сөзлерин тәкирарлап бақыра баслады. Даўыт буны еситти.
24. Израиллылар Голиятты көргенде қатты қорқып, оннан қаша баслады.
25. Израиллылар бир-бирине: «Израилды масқаралаў ушын ортаға шығып турған мына адамды көрип турсызлар ма? Оны өлтирген адамға патшамыз үлкен байлық сыйлап, қызын да бермекши. Ҳәтте, оның әкесиниң хожалығын да Израилда салық төлеўден азат қылмақшы», – деди.
26. Даўыт жанындағыларға: «Бул филистти өлтирип, Израилды шерменделиктен қутқарған адамға не бериледи? Тири Қудайдың әскерлерин масқаралайтуғындай, бул сүннетсиз филист ким болыпты?» – деди.
27. Адамлар бурынғы сөзлерди қайталап, Голиятты өлтирген адамға нелер берилетуғынын айтып берди.
28. Даўыттың әскерлер менен сөйлескенин еситкенде, үлкен әжағасы Элиабтың ашыўы келди. Ол Даўытқа: – Бул жерге неге келдиң? Шөлдеги азғантай қойымызды кимге таслап кеттиң? Сениң қаншелли менмен ҳәм қаншелли жаман нийетли екениңди билемен. Сен тек урысты тамашалаў ушын келгенсең, – деди.
29. Даўыт оған: – Мен не қылдым? Сораўға да болмай ма? – деди.
30. Ол әжағасының қасынан кетип, басқа адамлардан да сол нәрселерди сорады. Олар да бурынғыдай жуўапты берди.
31. Даўыттың сөзлерин еситкенлер оны Шаулға жеткизди. Шаул Даўытты шақыртты.
32. Даўыт Шаулға: – Мына филист себепли ҳеш кимниң руўхы түспесин. Қулыңыз болған мен барып, оның менен алысаман, – деди.
33. Шаул оған: – Сен бул филистке қарсы шығып, оның менен алыса алмайсаң. Себеби сен еле жассаң, ал ол болса, жаслығынан жаўынгер адам, – деди.
34. Бирақ Даўыт Шаулға былай деди: – Қулыңыз болған мен әкемниң сүриўин бағаман. Арыслан ямаса айыў келип, сүриўден бир қозыны алып қашса,
35. изинен қуўып, оған ҳүжим қыламан ҳәм қозыны аўзынан алып қаламан. Егер арыслан ямаса айыў маған тасланса, оның жалынан услап алып, урып өлтиремен.
36. Қулыңыз болған мен арысланды да, айыўды да өлтиргенмен. Мына сүннетсиз филисттиң басына да сол күн туўады. Себеби ол тири Қудайдың әскерлерин масқаралады.
37. Мени арысланның ҳәм айыўдың пәнжесинен қутқарған Жаратқан Ийе бул филисттиң қолынан да қутқарады. Сонда Шаул Даўытқа: – Мейли бар, Жаратқан Ийе саған яр болсын! – деди.
38. Шаул өзиниң саўаш кийимлерин Даўытқа берди. Басына қола дуўлыға, үстине саўыт кийгизди.
39. Даўыт патшаның саўаш кийимлериниң үстинен қылышын да асынып жүрмекши болды. Бирақ ол буларға үйренбегенликтен, Шаулға: «Мен бул кийимлер менен жүре алмайман, себеби үйренбегенмен», – деди де, оларды шешип таслады.
40. Даўыт таяғын қолына алып, сайдан бес сыйпақ тас терип алды. Оларды шопан қоржынына салғаннан соң, сақпанын алды да, филист Голиятқа қарай жүрди.
41. Филист те, оның алдында қалқанын көтерип жүрген нөкери де Даўытқа қарай жүрди.
42. Голият Даўытқа бастан-аяқ қарап шығып, оны менсинбеди. Себеби Даўыт қызыл жүзли, сымбатлы жас жигит еди.
43. – Маған таяқ пенен шығатуғындай, мен не саған ийт пе едим? – деп, Голият өз қудайларының аты менен Даўытты нәлетледи.
44. Соңынан: – Берман кел, денеңди аспандағы қуслар менен қыр даладағы ҳайўанларға жем қылайын, – деди.
45. Даўыт оған былай деди: – Сен маған қылыш, найза ҳәм семсер менен қарсы шығып турсаң. Ал мен сен масқаралаған Израил әскерлериниң Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен саған қарсы шығып турман.
46. Бүгин Жаратқан Ийе сени маған тәслим етеди. Сени өлтирип, басыңды денеңнен жуда қыламан. Бүгин филист әскерлериниң өликлерин көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларға жемтик қыламан. Сонда пүткил жер жүзи Израилда Қудай бар екенин билип алады.
47. Бул жердегилердиң ҳәммеси Жаратқан Ийениң қылыш ҳәм найза менен қутқармайтуғынын билип алады. Себеби бул урыста Жаратқан Ийениң Өзи урысады. Ол сизлерди бизлерге тәслим етеди.
48. Голият тасланбақшы болып, Даўытқа қарай жүрди. Даўыт та оның менен алысыў ушын, филистлер сапына қарай тез жуўырып кетти.
49. Даўыт қолын қоржынына тығып, бир тасты алды да, сақпанына салып, атып жиберди. Тас филисттиң қақ маңлайын тесип кирди. Филист ет-бетинен жерге жығылды.
50. Солай етип, Даўыт филист Голиятты сақпан ҳәм тас пенен жеңди. Қолында қылышы болмаса да, оны өлтирип, жерге қулатты.
51. Соңынан Даўыт жуўырып барып, филисттиң үстине минип турды. Оның семсерин қынынан суўырып алды да, оны өлтирип, басын кесип алды. Өзлериниң батыры болған Голияттың өлгенин көрген филистлер қаша баслады.
52. Израил ҳәм Яҳуда әскерлери тура көтерилип, филистлерди Гаттың кирер аўзына ҳәм Экрон дәрўазаларына шекем қуўып барды. Шаарайымнан Гат ҳәм Экрон қалаларына баратуғын жолда филистлердиң өликлери жайрап жатты.
53. Филистлерди қуўып болып қайтып келген израиллылар филистлердиң ордасын талан-тараж етти.
54. Даўыт филист Голияттың басын алып, Ерусалимге әкелди, ал оның қурал-жарақларын өз шатырына қойды.
55. Шаул Даўыттың Голият пенен алысыўға шыққанын көргенде, сәркәрда Абнерден: «Абнер, мына жас жигит кимниң баласы?» – деп сораған еди. Ал Абнер патшаға: «Алдыңызда ант ишип айтаман: патшам, мен билмеймен», – деп жуўап берген еди.
56. Сонда патша оған: «Бул жигиттиң кимниң улы екенин бил», – деп буйырған еди.
57. Даўыт Голиятты өлтирип, ордаға қайтып келиўден-ақ, Абнер оны ертип, Шаулға апарды. Голияттың кесилген басын Даўыт еле қолына услап жүрген еди.
58. Шаул Даўыттан: – Кимниң улысаң? – деп сорады. Даўыт оған: – Бейтлеҳемли қулыңыз Ишайдың улыман, – деп жуўап берди.

1. Шаул менен Даўыттың сөйлесиўи ақырына жеткенде, Шаулдың улы Ионатан Даўытты унатып, оны жанындай жақсы көрип қалды.
2. Сол күннен баслап, Шаул Даўытты жанында алып қалды. Оған әкесиниң үйине қайтыўға рухсат бермеди.
3. Ионатан Даўытты жанындай жақсы көргенликтен, оның менен дослық келисимин дүзди.
4. Ионатан үстиндеги шапанын шешип, оны Даўытқа берди. Буған қоса саўытын, қылышын, оқ жайын ҳәм белбеўин де берди.
5. Шаул Даўытты қай жерге жиберсе де, ол табысқа еристи. Сонлықтан Шаул оған әскерий адамлар үстинен жоқары лаўазымды берди. Бул пүткил халыққа ҳәм Шаулдың хызметшилерине унады.
6. Даўыт филист Голиятты өлтиргеннен соң, әскерлер үйлерине қайтып баратырғанда, Израилдың барлық қалаларынан келген ҳаяллар дәп ҳәм тарлы әсбапларды шертип, қуўанышлы қосықлар айтты ҳәм ойынға түсип, патша Шаулды күтип алыўға шықты.
7. Олар ойнап жүрип: «Шаул мыңлағанын, Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди», – деп қосық айтты.
8. Бул сөзлер Шаулға аўыр батты. Ол қатты ашыўланып: «Даўытқа он мың адам, ал маған тек мың адам берди. Енди оған тек патша болыў ғана жетпей тур!» – деп ойлады.
9. Солай етип, сол күннен баслап, Шаул Даўытқа қызғаныш пенен қарай баслады.
10. Ертеңине Қудай жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды. Шаул өз үйинде жинлене баслады. Даўыт бурынғыдай лира шертип отырды. Шаулдың қолында бир найза бар еди.
11. Шаул өзинше: «Даўытты урып, дийўалға қадап қояйын», – деп ойлап, қолындағы найзасын Даўытқа ылақтырып жиберди. Бирақ Даўыт еки ретте де қаймығып қалды.
12. Шаул Даўыттан қорқатуғын еди. Өйткени Жаратқан Ийе Даўыт пенен бирге болып, ал Шаулды тәрк еткен еди.
13. Сонлықтан Шаул Даўытты өзинен узақластырып, мыңбасы етип қойды. Даўыт әскерлерге басшылық етти.
14. Жаратқан Ийе оның менен бирге болғанлықтан, ол ҳәр бир исте табысқа еристи.
15. Даўыттың үлкен табысларын көргенде, Шаулдың қорқынышы және де артып барды.
16. Бирақ пүткил Израил ҳәм Яҳуда халқы Даўытты сүйетуғын еди. Себеби Даўыт оларға басшылық ететуғын еди.
17. Шаул Даўытқа: – Мынаў мениң үлкен қызым Мераб. Оны саған ҳаяллыққа беремен. Тек маған мәртлерше хызмет етип, Жаратқан Ийениң саўашларын алып бар, – деди. Себеби ол: «Даўыт мениң қолымнан емес, ал филистлердиң қолынан өлсин», – деп ойлайтуғын еди.
18. Даўыт Шаулға: – Патшаға күйеў бала болатуғындай, мениң өзим, үй-ишим ҳәм әкемниң тийреси Израилда ким болыпты? – деди.
19. Деген менен, Шаулдың қызы Мерабтың Даўытқа берилетуғын ўақты келгенде, қыз мехолалы Адриелге ҳаяллыққа берилди.
20. Сол арада Шаулдың басқа қызы Михал Даўытты сүйип қалды. Буны еситкенде, Шаул қуўанып кетти.
21. Ол: «Даўытқа Михалды беремен. Солай етип, Михал ол ушын дузақ болады. Ал филистлер оны өлтиреди», – деп ойлады. Шаул Даўытқа: «Ҳәзир маған күйеў бала болыўың ушын және бир мүмкиншилигиң бар», – деди.
22. Соңынан хызметшилерине: «Патшаның сеннен кеўли тоқ, ҳәмме хызметшилери де сени жақсы көреди. Оған күйеў бала болатуғын ўақтың келди», – деп Даўытқа жасырынша айтыўды буйырды.
23. Шаулдың хызметшилери бул сөзлерди Даўытқа жеткизди. Даўыт оларға: «Мендей кәмбағал ҳәм әпиўайы адам ушын патшаға күйеў бала болыў аңсат деп ойлайсызлар ма?» – деди.
24. Хызметшилер Даўыттың айтқанларын Шаулға жеткизди.
25. Сонда Шаул Даўытқа былай деп айтыўды буйырды: «Патша өз душпанларынан өш алыў ушын, қалың мал ретинде жүз филисттиң сүннет терисинен басқа ҳеш нәрсени қәлемейди». Шаул Даўыттың филистлердиң қолына түсип өлиўин режелестирген еди.
26. Хызметшилер Шаулдың айтқанларын Даўытқа жеткизди. Даўыт патшаға күйеў бала болыўды мақул көрди. Белгиленген күн болмастан алдын,
27. Даўыт ҳәм оның адамлары барып, еки жүз филистти өлтирди. Патшаға күйеў бала болыў ушын, Даўыт өлтирилген филистлердиң сүннет терилериниң бирде биреўин қалдырмастан патшаға әкелип берди. Сонда Шаул қызы Михалды Даўытқа ҳаяллыққа берди.
28. Шаул Жаратқан Ийениң Даўыт пенен бирге екенин ҳәм қызы Михалдың оны сүйетуғынын анық билди.
29. Сол себептен Шаул Даўыттан және де қаттырақ қорқты ҳәм өмириниң ақырына шекем оған душпан болып қалды.
30. Филист әскербасылары урысқа шығыўын даўам етти. Ҳәр урыста Даўыт Шаулдың басқа әскербасыларына қарағанда көбирек табысқа ерисетуғын еди. Сонлықтан Даўыт үлкен даңққа бөленди.

1. Шаул улы Ионатанға ҳәм барлық хызметшилерине Даўытты өлтириўди буйырды. Бирақ Шаулдың улы Ионатан Даўытты жүдә жақсы көретуғын еди.
2. Ол Даўытқа хабар жиберип: «Әкем Шаул сени өлтирмекши. Ертең азанда сақ бол. Бир жерге жасырынып, сол жерде отыр.
3. Ал мен сен жасырынған атызға барып, әкемниң жанында тураман ҳәм оның менен сен туўралы сөйлесемен. Бир нәрсе билсем, саған айтаман», – деди.
4. Ионатан әкеси Шаулға Даўытты мақтап былай деди: – Патшам, өз қулың Даўытқа қарсы гүна ислеме. Себеби ол саған қарсы ҳеш қандай гүна ислемеди ҳәм ҳәр бир иси арқалы саған үлкен пайда келтирди.
5. Ол жанын қәўип астына қойып, филистти өлтирди. Жаратқан Ийе пүткил Израилды жеңиске еристирди. Сен де буны көрип қуўандың. Солай екен, неге Даўытты себепсиз өлтирип, жазықсыз бир адамға наҳақлық ислеп атырсаң?
6. Шаул Ионатанның сөзлерине қулақ салып: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, Даўыт өлтирилмейди, – деди.
7. Ионатан Даўытты шақырып, оған ҳәммесин айтып берди. Соңынан Даўытты Шаулдың қасына әкелди. Даўыт та алдынғыдай патшаның хызметине кирди.
8. Саўаш және ҳәўиж алды. Даўыт филистлерге қарсы урысқа шығып, оларға күшли соққы берди. Филистлер Даўыттың алдына түсип қашты.
9. Бир күни Шаул найзасын қолына алып, үйинде отырған еди. Даўыт та лира шертип отырған еди. Сол ўақытта Жаратқан Ийе жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды.
10. Шаул найзасы менен Даўытты дийўалға қадамақшы болды. Бирақ Даўыт және қашып қалып, Шаулдың найзасы дийўалға қадалды. Сол түни Даўыт қашып қутылды.
11. Даўытты гүзетип, ертеңине азанда өлтириў ушын, Шаул Даўыттың үйине хызметшилерин жиберди. Бирақ ҳаялы Михал Даўытқа: «Егер бүгин түнде қашып қутылмасаң, азанда сени өлтиреди», – деди.
12. Соңынан ол Даўытты терезеден төменге түсирип жиберди. Солай етип, Даўыт қашып қутылды.
13. Михал үй бутын алып, оны төсекке жатқызды да, үстине көрпе жапты. Ал бас бетине ешки жүнинен исленген көпшик қойды.
14. Шаул жиберген хызметшилер Даўытты тутып алып кетиўге келгенде, Михал оларға: «Даўыт аўырып атыр», – деди.
15. Даўытты көрип келиў ушын Шаул хызметшилерин және жиберип атырып: «Оны төсеги менен усы жерге алып келиңлер, өлтирейин», – деп буйырды.
16. Шаулдың хызметшилери үйге киргенде, төсекте басына ешки жүнинен көпшик қойылған буттың жатырғанын көрди.
17. Шаул Михалдан: – Неге мени алдап, душпанымды қашырып жибердиң? – деп сорады. Михал оған: – Даўыт маған: «Егер мени босатып жибермесең, өзиңди өлтиремен», – деди, – деп жуўап берди.
18. Қашып қутылған Даўыт Рамада жасап атырған Самуелге барды ҳәм Шаулдың өзине ислеген барлық ислери туўралы айтып берди. Соңынан Даўыт Самуел менен бирге Найотқа барып, сол жерде қалды.
19. Даўыттың Раманың Найот деген жеринде екенлиги ҳаққында хабар Шаулға жетип барды.
20. Сонда Шаул Даўытты услап келиў ушын хызметшилерин сол жерге жиберди. Олар Самуелдиң басшылығындағы бир пайғамбарлар топарының пайғамбаршылық етип жүргенин көрди. Сол ўақытта Қудайдың Руўхы Шаулдың хызметшилерине де түсип, олар да пайғамбаршылық ете баслады.
21. Шаул болып өткен ўақыяны еситкенде, басқа хызметшилерди жиберди. Олар да пайғамбаршылық ете баслады. Шаулдың үшинши рет жиберген хызметшилери де пайғамбаршылық ете баслады.
22. Ақыры Шаулдың өзи Рама қаласына қарай жолға шықты. Ол Сехудағы үлкен суў сақлағышқа жеткенде: – Самуел менен Даўыт қай жерде? – деп сорады. Бир адам оған: – Раманың Найот деген жеринде, – деп жуўап берди.
23. Шаул Рамадағы Найотқа баратырғанда, оған да Қудайдың Руўхы түсти. Ол Найотқа барғанша, жол бойы пайғамбаршылық етти.
24. Ол кийимлерин шешип таслап, Самуелдиң алдында пайғамбаршылық етти. Шаул пүткил күни ҳәм түни бойы жалаңаш жатты. Сонлықтан да, халықтың: «Шаул да пайғамбарлар арасында ма?» – деген сөзи усыннан қалған.

1. Даўыт Раманың Найот деген жеринен қашып, Ионатанға барды. Даўыт оннан: – Мен не қылдым? Айыбым не? Мени өлтиретуғындай, әкеңе қарсы не гүна иследим? – деп сорады.
2. Ионатан оған: – Ҳасла, сен өлмейсең. Қандай ис болса да, әкем маған айтпай ҳеш нәрсе ислемейди. Буны неге меннен жасырар екен? Бундай нәрсе болмайды, – деп жуўап берди.
3. Бирақ Даўыт оған: – Сениң мени жақсы көретуғыныңды әкең жақсы биледи. Ол: «Ионатан не ислейтуғынымды билмесин. Билсе, қапа болады», – деп ойлайды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңда ант ишип айтаман: мен жар жағасында турман, – деди.
4. Ионатан Даўытқа: – Тиле тилегиңди, сен ушын орынлайман, – деди.
5. Даўыт Ионатанға былай деди: – Минекей, ертең Жаңа ай байрамы болады. Мен патша менен бирге дастурханға отырыўым керек. Бирақ маған рухсат бер, мен ертеңниң арғы күни кешке дейин атызда жасырынып турайын.
6. Егер әкең мениң жоқлығымды сезип қалса, оған: «Даўыт асығыс түрде өз қаласы Бейтлеҳемге кететуғын болып, меннен жалынып рухсат сорады. Ол жерде пүткил тийреси жыллық қурбанлық береди екен», – дерсең.
7. Егер әкең: «Яқшы», – десе, онда мениң қәўип-қәтерден аман болғаным. Егер ғәзепленсе, билип қой, оның мени өлтириўди қарар еткени.
8. Ал саған келсек, сен маған жақсылық исле. Себеби Жаратқан Ийениң алдында мениң менен келисим дүзгенсең. Егер айыплы болсам, мени өзиң өлтир. Мени әкеңе апарыўыңның неге кереги бар?
9. Ионатан Даўытқа: – Саған ҳасла ондай болмайды. Егер әкемниң сени өлтириўди қарар еткенин билгенимде, саған айтпас па едим? – деди.
10. Даўыт Ионатаннан: – Егер әкең саған қатал жуўап берсе, оны маған ким хабарлайды? – деп сорады.
11. Ионатан Даўытқа: – Жүр атызға барайық, – деди де, олар екеўи атызға кетти.
12. Ионатан сөзин даўам етип, Даўытқа былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе гүўа болсын! Ертең ямаса арғы күни усындай ўақытқа дейин әкемниң нийетин билип аламан. Егер әкемниң саған деген нийети жақсы болса, саған хабар жиберемен.
13. Егер әкем сени өлтириўди нийет еткен болса, ал мен сени хабардар етип, қәўипсиз кетиўиңди тәмийинлемесем, онда Жаратқан Ийе мени жазалаған үстине жазаласын. Жаратқан Ийе бурын мениң әкеме яр болғаны сыяқлы, саған да яр болсын.
14. Бирақ сен көзимниң тирисинде маған Жаратқан Ийениң мийримин көрсет.
15. Егер мен өлип қалсам, Жаратқан Ийе сениң барлық душпанларыңды жер бетинен жоқ қылып жиберсе де, сен мениң үй-ишимнен мәңгиге өз мийримиңди аяма.
16. Солай етип, Ионатан Даўыттың нәсили менен келисим дүзип: «Жаратқан Ийе Даўыттың душпанларын жазаласын», – деди.
17. Даўытқа деген сүйиспеншилиги себепли, Ионатан оған және бир мәрте ант иштирди. Өйткени Ионатан Даўытты жанындай жақсы көретуғын еди.
18. Ионатан Даўытқа былай деди: «Ертең Жаңа ай байрамы. Сениң жоқлығың билинеди, себеби орның бос турады.
19. Арғы күни кеште төмен түсип, тез бурын жасырынған жериңе бар да, Эзел тасының жанында күтип тур.
20. Мен бир нышанды гөзлегендей болып, тас бетке қарай үш рет оқ атаман.
21. Соңынан хызметшиме: „Барып, оқларды таўып, алып кел“, – деп буйыраман. Егер хызметшиме: „Қара, оқлар сениң арт жағыңда, оларды алып кел“, – десем, онда сен мениң жаныма кел. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сен қәўип-қәтерден аўлақсаң.
22. Егер хызметшиме: „Қара, оқлар алды бетиңде“, – десем, сен кет. Өйткени Жаратқан Ийе сени узақларға жиберип атыр.
23. Ал бир-биримизге берген антымызға келсек, Жаратқан Ийе бизлерге мәңгиге гүўа болсын».
24. Солай етип, Даўыт атызға жасырынды. Жаңа ай байрамы басланғанда, патша Шаул дастурханға отырды.
25. Ол әдеттегидей дийўал жанындағы өз орнына отырды. Ионатан Шаулдың қарсы алдына, Абнер оның қасындағы өз орнына отырды. Ал Даўыттың орны бос қалды.
26. Бирақ Шаул сол күни ҳеш нәрсе демеди. Ол: «Даўыттың қандай да бир жағдайы шығып, тазаланыў рәсимин орынлай алмай қалып, пәкленбеген шығар», – деп ойлады.
27. Деген менен, ертеңине, байрамның екинши күни де Даўыттың орны және бос турды. Сонда Шаул улы Ионатаннан: – Ишайдың улы неге кеше де, бүгин де аўқатланыўға келмеди? – деп сорады.
28. Ионатан әкесине: – Даўыт Бейтлеҳемге барыў ушын меннен жалынып рухсат сораған еди.
29. Ол маған: «Илтимас, маған рухсат бер. Себеби тийремиз қалада қурбанлық бермекши еди. Әжағам маған сол жерде болыўымды буйырған еди. Егер мақул көрсең, барып, туўысқанларымды көрип келейин», – деген еди. Сонлықтан ол патша дастурханына келе алмады, – деп жуўап берди.
30. Сонда Шаул ғәзепленип, Ионатанға былай деп бақырды: – Ҳәй сен, найсап! Ишайдың баласы менен досласып алғаныңды билмейди дейсең бе? Бул исиң менен өзиңди де, сени туўған анаңды да уятқа қалдырып атырсаң.
31. Егер Ишайдың улы жер бетинде тири турса, өзиң де, патшалығың да сақланып қалмайды. Енди адам жиберип, оны маған әкелдир. Ол өлиўи тийис!
32. Ионатан әкесине: – Ол не ушын өлиўи керек? Ол не иследи, ақыры? – деди.
33. Бирақ Шаул Ионатанды өлтирмекши болып, оған қарай найзасын ылақтырып жиберди. Сонда Ионатан әкесиниң Даўытты өлтириўге анық қарар қылғанын түсинди.
34. Ионатан қатты ашыўланып, дастурхан басынан турды. Ол айдың екинши күни ҳеш дуз татпады. Себеби әкесиниң Даўытты хорлағанына қайғырды.
35. Ертеңине азанда Ионатан Даўыт пенен көрисиў ушын атызға кетти. Ол жанына бир жас баланы алды.
36. Ионатан балаға: «Жуўыр, мен атқан оқларды изле», – деди. Бала жуўырып баратырғанда, Ионатан оның алдына қарай бир оқ атты.
37. Бала Ионатанның атқан оғы түскен жерге барғанда, Ионатан оған: «Оқ алды бетиңде», – деп бақырды.
38. Соңынан Ионатан және: «Тез бол, жуўыр, тоқтап турма», – деп бақырды. Бала оқты алып, мырзасына әкелип берди.
39. Бала ҳеш нәрседен хабарсыз еди. Бул истиң мәниси тек Ионатан менен Даўытқа аян еди.
40. Ионатан қурал-жарақларын балаға берип: «Мыналарды қалаға апар», – деди.
41. Бала кетиўден-ақ, Даўыт тастың қубла тәрепинен шығып келди де, жүзи жерге тийгенше ийилип, үш рет тәжим етти. Еки дос бир-бирин сүйип жылады, бирақ Даўыт қаттырақ жылады.
42. Ақырында Ионатан Даўытқа: «Аман-есен жолыңа түс. Екеўимиз Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкенбиз. Жаратқан Ийе бизлердиң ҳәм урпақларымыздың арасында мәңгиге гүўа болсын», – деди.
43. Соннан кейин, Даўыт өз жолына түсти. Ал Ионатан қалаға қайтты.

1. Даўыт Ноб қаласындағы руўханий Ахимелехтиң жанына барды. Ахимелех Даўытты күтип алып атырып: – Неге жалғызсаң? Неге жаныңда ҳеш ким жоқ? – деп қорқыныш пенен сорады.
2. Даўыт оған былай деп жуўап берди: – Патша маған бир тапсырма берген еди. Ол маған: «Мениң сени не ушын жибергенимди ҳәм саған қандай тапсырма бергенимди ҳеш ким билмесин», – деген еди. Сонлықтан адамларыма белгили бир жерге барып турыўды буйырған едим.
3. Ҳәзир жегендей неңиз бар? Маған бес нан ямаса жегендей бир нәрсе бериң.
4. Руўханий оған: – Әпиўайы нан жоқ. Егер адамларыңыз ҳаяллардан өзлерин тыйған болса, Қудайға арналған нан бар, – деп жуўап берди.
5. Даўыт оған: – Әдетке гөре, жолға шыққанымызда, адамларымыз өзлерин пәк сақлап, ҳаял адамға жақынламайды. Әсиресе, бүгин олар өзлерин жүдә пәк тутты, – деди.
6. Соннан кейин, руўханий Даўытқа мухаддес нан берди. Себеби ол жерде Қудайға усынылған наннан басқа нан жоқ еди. Бул нан Жаратқан Ийениң алдынан алынған күни оның орнына ыссы нан әкелип қойылды.
7. Сол күни Шаулдың хызметшилериниң бири Доег деген эдомлы бас шопан Жаратқан Ийениң алдында диний хызметин өтеў ушын барып, сол жерде турған еди.
8. Даўыт Ахимелехке: – Жаныңда қылыш ямаса найза жоқ па? Патшаның тапсырмасы асығыс болғанлықтан, жаныма қылыш та, қурал-жарақ та алып шықпаппан, – деди.
9. Руўханий оған: – Эла ойпатлығында өзиң өлтирген филист Голияттың қылышы бар. Эфодтың артында таўарға ораўлы тур. Бул жерде басқа қурал жоқ. Қәлесең, соны ал, – деди. Даўыт оған: – Оған тең келетуғыны жоқ, оны маған бер, – деди.
10. Шаулдан қашқан Даўыт сол күни Гат патшасы Ахишке барды.
11. Ахиштиң хызметшилери: «Бул Израилдың патшасы Даўыт емес пе? Адамлар усы адам ҳаққында: „Шаул мыңлағанын, Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди“, – деп аяқ ойынға түсип, қосық айтқан жоқ па еди?» – деди.
12. Бул сөзлер Даўытты терең ойландырып, ол Гат патшасы Ахиштен қатты қорқты.
13. Даўыт олардың алдында өзиниң келбетин өзгертип, өзин жинли етип көрсетти ҳәм қала дәрўазаларын тырмалап, силекейин сақалына ағызып жүрди.
14. Ахиш хызметшилерине: «Бул адамға қараңлар, ол нағыз жинли-ғо. Оны неге маған алып келдиңлер?
15. Өзимизде жинлилер аздай, оны мениң алдымда жинлилик қылсын деп алып келдиңлер ме? Бул адамның сарайыма келиўи шәрт пе еди?» – деди.

1. Соннан кейин, Даўыт Гаттан шығып, Адуллам үңгирине жасырынды. Ағалары ҳәм әкесиниң үй-иши буны еситип, Даўыттың жанына келди.
2. Қыйын жағдайда қалған, қарызға батқан ҳәм өмирден түңилген адамлардың ҳәммеси Даўыттың жанына жыйналды. Саны төрт жүзге шамаласқан бул адамларға Даўыт жетекшилик қылды.
3. Даўыт сол жерден Моабтағы Миспе қаласына барып, Моаб патшасынан: «Қудайдың маған не қылажағын билип алғанымша, ата-анамның сизиң қасыңызда қалыўына рухсат бериң», – деп өтиниш етти.
4. Солай етип, Даўыт ата-анасын Моаб патшасының жанына алып келди. Даўыт бас паналап жүргенинде, ата-анасы Моаб патшасының жанында жасады.
5. Бирақ пайғамбар Гад Даўытқа: «Бул жерде қалма, Яҳуда жерине кет», – деди. Соннан кейин, Даўыт сол жерден кетип, Херет тоғайына барды+.
6. Сол арада Шаул Даўыт ҳәм оның жанындағы адамлардың қай жерде екенин билди. Сол ўақытта патша найзасын қолына алып, Гибада тамариск терегиниң астында отырған еди. Әскерлери де оның әтирапын қоршап турған еди.
7. Сонда Шаул оларға былай деди: «Ҳәй беняминлилер, мени тыңлаңлар! Ишайдың улы ҳәр бириңизге егислик жерлерди ҳәм жүзимзарларды береди дейсиз бе? Ҳәр бириңизди мыңбасы ямаса жүзбасы етип қояды дейсиз бе?
8. Сол себепли ҳәммеңиз маған қарсы тил бириктирдиңиз бе? Улымның Ишайдың улы менен келисим дүзгенин маған ҳеш ким хабарламады. Араңыздан маған жаны ашыйтуғын бирде бир адам шықпады. Бүгингидей маған дузақ қурыў ушын, улымның қулым Даўытты қайрағанын маған билдирген адам да болмады».
9. Сол ўақытта Шаулдың әскерлериниң жанында турған эдомлы Доег: «Ишайдың улы Даўыттың Ноб қаласына Ахитубтың улы Ахимелехтиң жанына барғанын көрдим.
10. Ахимелех Даўыт ушын Жаратқан Ийеден сорады. Оған азық-аўқат та, филист Голияттың қылышын да берди», – деди.
11. Патша Шаул Ахитубтың улы руўханий Ахимелехти ҳәм оның әкесиниң әўладынан болған Нобта жасайтуғын барлық руўханийлерди шақырып келиў ушын адамларын жиберди. Олардың ҳәммеси патшаға келди.
12. Шаул Ахимелехке: – Ҳәй Ахитуб улы, мени тыңла! – деди. – Ләббәй, тақсыр, – деп жуўап берди Ахимелех.
13. Шаул оған: – Неге сен Ишайдың улы менен бирге маған қарсы тил бириктирдиң? Сен оған нан менен қылыш бердиң ҳәм оның ушын Қудайдан сорадың. Даўыт маған қарсы қозғалаң көтерип, дузақ қурды. Бул бугин анық көринип тур, – деди.
14. Ахимелех Шаулға былай деп жуўап берди: – Пүткил хызметшилериңиз арасында Даўыттай исенимли адам бар ма? Даўыт сизиң күйеў балаңыз, сақшыларыңыздың басшысы ҳәм хожалығыңыздағы ҳүрметли адамлардың бири.
15. Мени Даўыт ушын Қудайдан сораўды сол күни баслады дейсиз бе? Әлбетте, яқ! Тақсыр, қулыңыз болған мени ҳәм мениң әкемниң хожалығын айыпламаңыз. Себеби мен бул ис ҳаққында ҳеш нәрсе билмейтуғын едим.
16. Бирақ Шаул оған: – Ҳәй Ахимелех, өзиң де, әкеңниң пүткил хожалығы да сөзсиз өлесизлер, – деди.
17. Соңынан Шаул жанында турған сақшыларына: «Қәнекей, Даўытты қоллаған Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтириңлер. Олар Даўыттың қашып кеткенин билсе де, маған хабар бермеди», – деди. Деген менен, патшаның хызметшилери қол көтерип, Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргиси келмеди.
18. Сонда патша Доегке: «Сен барып, руўханийлерди өлтир», – деп буйырды. Сол күни эдомлы Доег барып, зығыр эфод кийген сексен бес руўханийди өлтирди.
19. Соңынан ол еркек, ҳаял, бала ямаса нәресте деместен, руўханийлер қаласы Нобтың халқын қылыштан өткизди. Және де, сыйырларды, ешеклерди ҳәм қойларды да шаўып таслады.
20. Тек Ахитуб улы руўханий Ахимелехтиң улларының бири Абиятар ғана қутылып, Даўыттың жанына қашып кетти.
21. Абиятар Шаулдың Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргени туўралы Даўытқа айтып берди.
22. Даўыт Абиятарға былай деди: «Сол күни ол жерде эдомлы Доегти көргенимде, оның Шаулға сөзсиз жеткизип баратуғынын билген едим. Әкеңниң хожалығындағы ҳәр бир жанның өлимине мен себепшимен.
23. Жанымда қал, қорқпа. Сени өлтирмекши болғанлар мени де өлтирмекши. Жанымда қалсаң, қәўипсиз боласаң», – деди.

1. Даўытқа: «Филистлер Кеила қаласына ҳүжим жасап, қырманды талан-тараж қылып атыр», – деп хабарлады.
2. Даўыт Жаратқан Ийеден: – Барып, сол филистлерге ҳүжим жасайын ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Бар да, филистлерге ҳүжим жасап, Кеиланы азат ет, – деди.
3. Бирақ Даўыттың адамлары: «Мине, бизлер бул жерде, Яҳудада жүрип қорқамыз. Солай екен, Кеилаға барып, филист әскерлерине қарсы қалай урысамыз?» – деди.
4. Сонда Даўыт Жаратқан Ийеден және сорағанда, Жаратқан Ийе оған: «Турып, Кеилаға бар! Өйткени филистлерди саған Мен тәслим етежақпан», – деди.
5. Солай етип, Даўыт адамлары менен Кеилаға барып, филистлерге қарсы урысты ҳәм олардың малларын қолға киргизди. Ол филистлерди күшли қырғынға ушыратып, Кеила халқын азат етти.
6. Ахимелехтиң улы Абиятар қашып, Кеилада турған Даўыттың жанына барғанда, эфодты да өзи менен бирге алып барған еди.
7. Шаул Даўыттың Кеила қаласына барғанын еситип: «Қудай Даўытты қолыма услап берди. Даўыт дәрўазалары тәмбиленген бир қалаға кирип, өзин өзи тутып берди», – деди.
8. Солай етип, Шаул Кеилаға барып, Даўытты ҳәм оның адамларын қамалға алыў ушын, пүткил халықты саўашқа шақырды.
9. Даўыт Шаулдың өзине жаманлық қылыўды режелестиргенин еситкенде, руўханий Абиятарға: «Эфодты берман алып кел», – деди.
10. Соңынан ол дуўа етип былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Қулың болған мен себепли Шаулдың Кеилаға келип, халқын ўайран етпекши екенин еситтим.
11. Кеилалылар мени Шаулдың қолына тутып бере ме? Қулыңның еситкениндей, Шаул усы жерге кележақ па? Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, жалбарынаман, қулыңа аян ет. Жаратқан Ийе: – Шаул келеди, – деп жуўап берди.
12. Даўыт Жаратқан Ийеден: – Кеила халқы мени ҳәм адамларымды Шаулдың қолына тутып бере ме? – деп сорады. – Тутып береди, – деп жуўап берди Жаратқан Ийе.
13. Сонда Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүздей адам Кеиладан кетип, ҳәр жерде орын өзгертип жүре берди. Даўыттың Кеиладан қашып кеткенин еситкен Шаул ол жерге барыў пикиринен қайтты.
14. Даўыт шөлдеги адам бара алмайтуғын жерлерде, Зиф шөлиниң таўлы бөлегинде жасап жүрди. Шаул Даўытты ҳәр күни излесе де, Қудай Даўытты оның қолына тутып бермеди.
15. Даўыт Зиф шөлинде, Хореш тоғайында жүргенде, Шаулдың өзин өлтириў ушын жолға шыққанын билип қалды.
16. Сол арада Шаулдың улы Ионатан Хореште жасап турған Даўытқа барды ҳәм оны Қудайдың аты менен руўхландырып, оған:
17. «Қорқпа, сен әкем Шаулдың қолына түспейсең. Сен Израилға патша боласаң, ал мен сениң жәрдемшиң боламан. Әкем Шаул да буны биледи», – деди.
18. Кейин екеўи Жаратқан Ийениң алдында өзлериниң арасындағы келисимди жаңалады. Соңынан Ионатан үйине қайтты, ал Даўыт Хореште қалды.
19. Зифлилер Гибаға барып, Шаулға былай деп хабарлады: «Даўыт бизлерде, Ешимонның қубласында, Хахила төбешигиндеги Хорештиң адам бара алмайтуғын жерлеринде жасырынып жүр.
20. Ҳәй патша, сен қәлеген ўақтыңда келе бер. Даўытты патшаның қолына тутып бериўди бизлерге қойып бер».
21. Шаул оларға былай деди: «Маған жаныңыз ашығаны ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын!
22. Барып, және бир мәрте тексерип шығың. Даўыттың қай жерлерде жасырынып жүргенин, сол жерде оны кимлердиң көргенин жақсылап билип алыңлар. Себеби халық оны жүдә ҳийлекер демекте.
23. Оның жасырынатуғын жерлериниң ҳәммесин билип алып, маған анық хабар алып келиңлер. Сонда мен де сизлер менен бирге бараман. Егер Даўыт сол үлкеде болса, оны пүткил Яҳуданың тийрелери арасынан излеп табаман».
24. Солай етип, зифлилер жолға түсип, Шаулдан алдын Зифке келди. Сол ўақытта Даўыт ҳәм оның адамлары Ешимонның қубласындағы далаңлықта, Маон шөлинде еди.
25. Шаул адамлары менен Даўытты излеўге шықты. Даўыт Шаулдың киятырғанын еситип, Маон шөлиндеги жартасларға барып жасырынды. Шаул буны еситип, Даўыттың изинен Маон шөлине кетти.
26. Шаул таўдың бир тәрепинен, Даўыт пенен оның адамлары таўдың екинши тәрепинен алға қарай жүрди. Даўыт Шаулдан қашып қутылыўға асықты. Ал Шаул ҳәм оның адамлары болса, Даўытты ҳәм оның адамларын қолға түсириў ушын, қоршай баслады.
27. Сол ўақытта бир хабаршы келип, Шаулға: «Тез жүриң! Филистлер елимизге ҳүжим жасап атыр», – деди.
28. Сонда Шаул Даўытты қуўыўын тоқтатып, филистлер менен урысыўға кетти. Сонлықтан сол жерге Села-Ҳаммахлеқот деген ат берилди.

1. Даўыт сол жерден кетип, Эн-Гедий үлкесиндеги адам бара алмайтуғын жерлерде жасырынып жүрди.
2. Шаул филистлер менен болған урыстан қайтып келгенде, Даўыттың Эн-Гедий шөлинде жүргенинен хабар тапты.
3. Шаул Даўытты ҳәм оның адамларын «Таў ешкиси» жартаслығынан излеў ушын, пүткил Израилдан үш мың ағла әскер алып, жолға шықты.
4. Жол жийегинде қой қорасы болып, оның жанында бир үңгир бар еди. Шаул майданлаў ушын үңгирге кирди. Ал сол үңгирдиң ең түпкиринде Даўыт пенен оның адамлары отырған еди.
5. Адамлары Даўытқа: «Жаратқан Ийе саған: „Душпанларыңа қәлегениңди ислей алыўың ушын, оларды саған тәслим етемен“, – деген еди. Мине, бүгин сол күн келди», – деди. Сонда Даўыт орнынан турып, билдирмей Шаулдың шапанының шалғайынан кесип алды.
6. Бирақ Даўыт кейин ала Шаулдың шалғайынан кесип алғаны ушын, өзин айыплы сезди.
7. Даўыт өз адамларына: «Тақсырыма, Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оған бир нәрсе ислеўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Себеби ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – деди.
8. Даўыт усы сөзлери менен адамларына тыйым салып, Шаулға қол тийгизиўге рухсат бермеди. Ал Шаул үңгирден шығып, жолға түсти.
9. Даўыт та Шаулдың изинше үңгирден шығып: «Тақсыр!» – деп бақырды. Шаул артына қарағанда, Даўыт ет-бетинен жерге жығылып, оған тәжим етти.
10. Соңынан ол Шаулға былай деди: – «Даўыт саған жаманлық қылажақ», – дегенлердиң сөзлерине неге қулақ саласыз?
11. Бүгин Жаратқан Ийениң сизди қолыма тутып бергенин көзиңиз бенен көрип турыпсыз. Базылар мениң сизди өлтириўимди қәлеген еди. Бирақ мениң сизге жаным ашып: «Тақсырыма қол тийгизбеймен, өйткени ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – дедим.
12. Ҳәй әке, минекей, шапаныңыздың шалғайынан кесип алынған қолымдағы мына қыйындыға қараң! Мен сизиң шапаныңыздың шалғайынан кесип алдым, бирақ сизди өлтирмедим. Буннан кеўлимде жаманлықтың ҳәм зулымлықтың жоқ екенин билип алың. Мен сизге жаманлық қылмасам да, сиз мени өлтирмекши болып атырсыз.
13. Жаратқан Ийе арамызда төрелик етсин ҳәм мениң өшимди сизден Ол алсын. Бирақ мен сизге қол көтермеймен.
14. Ата-бабаларымыз: «Жаманлық жаман адамлардан шығады», – дегени сыяқлы, мен сизге қол көтермеймен.
15. Израил патшасы кимге қарсы шықты? Сиз кимди қуўдалап атырсыз? Өлген ийтти ямаса бир бүргени емес пе?
16. Жаратқан Ийе бизлерге қазылық етип, қай биримиздиң ҳақ екенимизди шешип берсин. Жаратқан Ийе даўымды қарап шықсын ҳәм мени жақлап, сизиң қолыңыздан қутқарсын.
17. Даўыт сөзин тамамлағанда, Шаул оған: – Даўыт, улым! Бул сениң даўысың ба? – деп сорады ҳәм өкирип жылай баслады.
18. Соңынан ол былай деди: – Сен маған қарағанда әдилирексең. Мен саған жаманлық ислесем де, сен маған жақсылық пенен жуўап бердиң.
19. Бүгин сен маған жақсы қатнаста екенлигиңди дәлилледиң. Жаратқан Ийе мени қолыңа тутып берсе де, мени өлтирмедиң.
20. Душпанын тутып алған қайсы бир адам оны аман жибереди? Бүгин маған ислеген жақсылығың ушын, Жаратқан Ийе саған жақсылық сыйласын!
21. Енди мен сениң сөзсиз патша болатуғыныңды билдим. Израил патшалығы сениң қолыңда беккем болады.
22. Енди меннен кейин урпақларымды жоқ қылмайтуғыныңды, әкемниң хожалығынан атымды өширмейтуғыныңды айтып, Жаратқан Ийениң алдында ант иш.
23. Даўыт Шаулға ант берди. Соннан кейин, Шаул үйине қайтты, ал Даўыт ҳәм оның адамлары паналаған жерлерине кетти.

1. Сол арада Самуел дүньядан өтти. Пүткил Израил халқы жыйналып, оған жоқлаў айтып жылап, оны Рамадағы өз үйине жерледи. Буннан соң, Даўыт Паран шөлине кетти.
2. Маон қаласында жүдә бай бир адам бар еди. Оның жер ийелиги Кармел аўылында болып, үш мың қойы ҳәм мың ешкиси бар еди. Ол сол ўақытта Кармелде қойларының жүнин қырқып атырған еди.
3. Бул адам Калеб урпағынан болып, аты Набал, ҳаялының аты Абигайыл еди. Ҳаялы ақыллы ҳәм сулыў, ал күйеўи турпайы ҳәм жаўыз адам еди.
4. Даўыт шөлде жүргенде, Набалдың қойларын қырқып атырғанын еситти.
5. Сонда Даўыт он жигитти Набалға жиберип атырып, оларға былай деп буйырды: «Кармелдеги Набалға барыңлар, оған меннен сәлем айтып,
6. былай деңлер: „Өмириңиз узақ болсын! Сизге, үй-ишиңизге ҳәм өзиңизге тийислиниң ҳәммесине аманлық болсын!
7. Ҳәзир қойларыңызды қырқып атырғаныңызды еситтим. Шопанларыңыз бизлер менен бирге болғанда, оларды қапа қылмадық. Кармелде болған ўақытта ҳеш нәрсеси де жоғалмады.
8. Хызметшилериңизден сорап көрсеңиз, олар сизге айтып береди. Сонлықтан адамларымды жыллы жүзлилик пенен қарсы алсаңыз. Себеби сизге байрам күни келип турмыз. Өтиниш, қулларыңызға ҳәм улыңыз Даўытқа қолыңызда барынан берсеңиз“».
9. Даўыттың адамлары барып, бул сөзлерди Даўыттың атынан Набалға жеткизип болып, жуўап күте баслады.
10. Бирақ Набал оларға мына жуўапты қайтарды: «Даўыт деген ким өзи? Ишайдың улы ким болыпты? Усы күнлери хожайынларынан қашып жүрген қуллар көбейип кетти.
11. Мен не қой қырқып атырған адамларыма арнап қойған нанымды, суўымды ҳәм сойған малымның гөшин қаяқтан келгени белгисиз бир адамларға бериўим керек пе?»
12. Даўыттың адамлары келген жолы менен қайтып кетти. Олар Набалдың айтқанларының ҳәммесин Даўытқа жеткизди.
13. Даўыт адамларына: «Ҳәмме қылышларыңызды асыныңлар!» – деп буйырды. Даўыт та, адамлары да қылышларын асынып алды. Төрт жүзге жақын адам Даўыт пенен бирге кетти, ал еки жүз адам қурал-сайманлар жанында қалды.
14. Сол арада Набалдың хызметшилеринен бири оның ҳаялы Абигайылға мынадай хабар жеткизди: «Даўыт мырзамыз Набалға шөлден өз хабаршыларын жиберип, сәлем жоллаған еди. Бирақ Набал оларға турпайы қатнаста болды.
15. Ал ол адамлар болса, бизлерге жүдә жақсы қатнаста болған еди. Олар бизлерди ренжитпеди. Жайлаўда олар менен бирге болған ўақтымызда, ҳеш нәрсемиз жоғалмады.
16. Олардың қасларында қой баққанымызда, олар бизлерди күни-түни қорғап жүретуғын еди.
17. Енди не ислеў кереклигин жақсылап ойлап көриң. Өйткени мырзамыздың ҳәм оның пүткил үй-ишиниң басына апат дөнип тур. Мырзамыз соншелли зулым болғанлықтан, ҳеш бир адам оған бир аўыз сөз айта алмайды».
18. Сонда Абигайыл ўақытты бос жибермей, еки жүз нан, еки мес шарап, бес қойдың гөшин, бес сеа қуўырмаш, нығызланған кишмиштен жүз дана ҳәм кептирип нығызланған әнжирден еки жүз дана алып, оларды ешекке артты.
19. Соңынан ҳаял хызметшилерине: «Сизлер мениң алдымнан жүриңлер, мен сизлердиң изиңизден бараман», – деди. Бирақ ол күйеўи Набалға ҳеш нәрсе айтпады.
20. Абигайыл ешекке минип, таўдың соқпақ жоллары арқалы төменге түсип киятырғанда, өзине қарсы киятырған Даўытты ҳәм оның адамларын ушыратты.
21. Даўыт адамларына мына сөзлерди айтып атырған екен: «Бул адамның шөлдеги мал-мүлкин бийкарға қорыған екенмен. Оның ҳеш бир нәрсеси жойтылып кетпеди. Ал ол болса, жақсылығыма жаманлық пенен жуўап қайтарды.
22. Егер азанға шекем Набалға тийисли еркек затынан биреўин тири қалдырсам, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!»
23. Абигайыл Даўытты көриўден дәрҳал ешектен түсти де, Даўыттың алдында ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти.
24. Оның аяқларына бас урып, былай деп жалбарынды: «Мырзам, айыпты мен, жалғыз мен мойныма аламан. Шорыңыз болған маған бир аўыз сөз айтыўға рухсат етиң. Айтқанларыма қулақ салың.
25. Жалбарынаман, мырзам, сол Набал деген оңбаған адамға итибар бермеңиз. Аты ақылсыз дегенди билдиреди, сол сыяқлы өзи де ақылсыздың бири. Тилекке қарсы шорыңыз болған мен мырзам, сизиң жиберген адамларыңызды көрмей қалдым.
26. Енди, мырзам, Жаратқан Ийе сизди қан төгиўден, өз қолыңыз бенен өш алыўдан сақлап қалды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: душпанларыңыздың ҳәм сизге жаманлық тилейтуғынлардың ҳәммесиниң басына Набалдың басына түсетуғын күн түссин.
27. Мырзам, сизге алып келген мына сыйларымды изиңизге ерген адамларға берсеңиз.
28. Шорыңыздың гүнасын кешириң. Жаратқан Ийе, әлбетте, урпағыңызды турақлы қылады. Себеби мырзам, сиз Жаратқан Ийе ушын урысып жүрсиз. Өмириңиздиң ақырына шекем сизде ҳеш бир наҳақлық болмасын.
29. Егер биреў сизди өлтириў ушын қуўып жүрсе, Қудайыңыз Жаратқан Ийе өмириңизди Өз панасында асырайды. Ол душпанларыңызды сақпаннан атылған тастай етип ылақтырып таслайды.
30. Жаратқан Ийе сизге ўәде еткен ийгиликлериниң ҳәммесин орынлап, сизди Израилға ҳүкимдар етип қояды.
31. Сонда өзим ушын өш алып, жөнсиз қан төктим деп азап шегип, пушайман болмайсыз. Жаратқан Ийе мырзама табыс бергенде, өз шорыңызды еске алың».
32. Даўыт Абигайылға былай деди: «Бүгин сени маған ушырастырған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
33. Берекет тапқайсаң! Жақсы ақыл берип, бүгин мени қан төгиўден ҳәм өз қолым менен өшимди алыўдан сақлап қалғаның ушын жарылқаў алғайсаң.
34. Саған жаманлық қылыўдан сақлап қалған Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: егер сен мени ушыратыў ушын, асығыслық пенен жолға шықпағаныңда, таң атқанша, Набалға тийисли ер адамлардың биреўи де тири қалмаған болар еди».
35. Даўыт Абигайылдың сыйларын қабыл етип: «Аман-есен үйиңе қайт. Сөзлериңе қулақ салып, тилегиңди қабыл еттим», – деди.
36. Абигайыл Набалдың жанына қайтып келгенде, Набал үйинде патшалық зыяпаттай етип зыяпат берип атырған екен. Ол жүдә мәс болып, кеўли көтериңки еди. Сонлықтан азанға шекем Абигайыл оған ҳеш нәрсе айтпады.
37. Ертеңине азанда Набал өзине келгеннен соң, ҳаялы оған болған ўақыяларды айтып берди. Сол ўақытта-ақ Набалдың жүреги музлап, ләң болып қалды.
38. Онлаған күннен кейин, Жаратқан Ийе Набалды жазалап, оны өлтирди.
39. Даўыт Набалдың өлгенин еситкенде: «Мени масқаралаған Набалға қарсы даўымды қарап шығып, қулын жаманлық ислеўден сақлап қалған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе оның жаманлығын өзине қайтарды», – деди. Соңынан Даўыт Абигайылға үйленбекшилигин билдириў ушын адам жиберди.
40. Даўыттың адамлары Кармелдеги Абигайылға барып: «Даўыт саған үйленбекши. Соны билдириў ушын бизлерди жиберди», – деди.
41. Абигайыл маңлайы жерге тийгенше ийилип: «Мине, мен, ҳәтте, Даўыттың хызметшилериниң шорысы болыўға да таярман», – деди.
42. Абигайыл тез орнынан турды да, ешекке минди. Қасына бес шорысын алып, Даўыттың хабаршыларының изинен жолға түсти. Соңынан ол Даўыттың ҳаялы болды.
43. Даўыт изреелли Ахиноамға үйленген еди. Солай етип, Даўыттың еки ҳаялы болды.
44. Сол арада Шаул қызы Михалды, яғный Даўыттың ҳаялын галлимли Лайыштың улы Палтийге берип жиберген еди.

1. Зифлилер Гибаға, Шаулға келип: «Даўыт Ешимонға қарама-қарсы жайласқан Хахила төбешигинде жасырынып жүр», – деди.
2. Шаул Израилдың үш мың ағла әскерин алып, Зиф шөлине Даўытты излеў ушын шықты.
3. Олар Ешимонға қарама-қарсы жайласқан Хахила төбешигиндеги жол бойына орда қурды. Шөлде жүрген Даўыт Шаулдың өзин излеп, сол жерге келгенин билгенде,
4. тыңшылар жиберди. Солай етип, ол Шаулдың сол жерге келгенин анық билип алды.
5. Сонлықтан Даўыт Шаулдың орда қурған жерине барып, Шаул менен сәркәрда Нер улы Абнердиң қай жерде жатырғанын көрди. Шаул орданың ортасында, ал әскерлер оның әтирапында жатырған екен.
6. Сол ўақытта Даўыт хетт халқынан болған Ахимелехтен ҳәм Иоабтың әжағасы Серуяның улы Абишайдан: – Ким мениң менен бирге ордаға, Шаулдың жанына барады? – деп сорады. Абишай: – Сениң менен мен бараман, – деп жуўап берди.
7. Даўыт пенен Абишай сол күни кеште ордаға кирди. Шаул найзасын бас ушына жерге шаншып қойып, орданың ортасында уйықлап атырған еди. Абнер менен әскерлер де оның әтирапында уйықлап атырған еди.
8. Сонда Абишай Даўытқа: – Бүгин Қудай душпаныңды қолыңа тутып берди. Енди рухсат бер, оны найза менен бир урғанда жерге қадап қояйын. Екинши рет урыўыма ҳәжет қалмайды, – деди.
9. Бирақ Даўыт оған былай деди: – Яқ, оны өлтирме. Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерген адам жазасыз қалмайды.
10. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Шаулды Жаратқан Ийениң Өзи өлтиреди. Ол я өмири таўысылып өледи, я урыста өледи.
11. Бирақ Жаратқан Ийениң майлаған адамына қарсы қол көтериўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Оның бас ушындағы найзасы менен гүзесин алайық та, кетейик.
12. Солай етип, Даўыт Шаулдың бас ушындағы найзасы менен гүзесин алды да, сол жерден кетип қалды. Оларды ҳеш ким көрмеди. Болып өткен ўақыяны ҳеш ким билмеди, ҳеш ким оянбады да. Олардың ҳәммеси қатты уйықлап атырған еди. Өйткени Жаратқан Ийе оларға терең уйқы берген еди.
13. Даўыт арғы тәрепке өтип, узағырақтағы бир төбешикке шығып турды. Олардың арасы әдеўир қашық еди.
14. Даўыт әскерлерге ҳәм Нер улы Абнерге: – Ҳәй Абнер, маған жуўап бер, – деди. Абнер оған: – Бақырып, патшаның тынышын алатуғындай сен кимсең? – деди.
15. Даўыт оған былай деп жуўап берди: – Сен еркек емессең бе? Израилда саған тең келетуғыны бар ма? Солай екен, неге патшаңды қорғамадың? Себеби биреў оны өлтириў ушын ордаға кирди.
16. Сен өз хызметиңди жақсы орынламадың. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: ҳәммеңиз өлимге ылайықлысыз. Өйткени тақсырыңызды, Жаратқан Ийениң майлаған адамын қорғамадыңыз. Қарап көр, патшаның бас ушындағы найзасы менен гүзеси қаяқта?
17. Даўыттың даўысын таныған Шаул: – Даўыт, улым, бул сениң даўысың ба? – деп сорады. Даўыт оған былай деп жуўап берди: – Аўа, тақсыр, мениң даўысым.
18. Тақсыр, қулыңызды неге қуўдалай бересиз? Мен не қылдым? Жазығым не?
19. Тақсыр! Қулыңыздың сөзине қулақ салсаңыз. Егер сизди маған қарсы қайраған Жаратқан Ийе болса, онда бир қурбанлық берип, Оны тынышландырың. Егер бул исти адамлар ислеген болса, олар Жаратқан Ийениң ғарғысына ушырасын. Өйткени олар: «Кет, басқа қудайларға хызмет ет», – деп, Жаратқан Ийениң жеринен, мениң үлесиме тийген жерден мени қуўып жиберди.
20. Қаным Жаратқан Ийеден узақ жерлерде төгилмесин. Израил патшасы таўларда кеклик аўлаған аңшы сыяқлы, бир бүргени аўлаўға шығыпты.
21. Сонда Шаул: – Гүна иследим. Даўыт, улым, изиңе қайт. Бүгин мениң жанымды қәдирли көргениң ушын, буннан былай, саған ҳеш бир жаманлық ислемеймен. Мен ақылсызлық пенен ис тутып, жүдә үлкен қәтеге жол қойдым, – деди.
22. Даўыт оған былай деди: – Мине, патшаның найзасы. Адамларыңыздан бири келип, оны алсын.
23. Жаратқан Ийе ҳәр бир адамның әдиллигине ҳәм садықлығына қарай сый береди. Бүгин Жаратқан Ийе сизди қолыма тутып берсе де, мен Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтергим келмеди.
24. Бүгин сизиң өмириңиз маған қәдирли болғанындай, Жаратқан Ийе де мениң өмиримди қәдирли көрсин ҳәм мени ҳәр қандай бәледен қутқарсын.
25. Шаул Даўытқа: – Даўыт, улым, сени Жаратқан Ийе жарылқасын! Сен сөзсиз уллы ислер ислейсең ҳәм жеңиске ерисесең, – деди. Буннан кейин, Даўыт өз жолына түсти, ал Шаул болса, үйине қайтты.

1. Даўыт ишинен: «Бир күни Шаулдың қолынан өлип кетермен. Жақсысы, тезирек филистлердиң жерине қашып кетейин. Сонда Шаул Израилдың ҳәр жеринен мени излегенди қояр, мен де оннан қутыларман», – деп ойлады.
2. Усылайынша Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүз адам жолға шығып, Гат патшасы Маох улы Ахиштиң тәрепине өтип кетти.
3. Олар хожалығындағылар менен бирге Гат қаласына, Ахиштиң жанына орналасты. Даўыттың еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да оның жанында еди.
4. Шаул Даўыттың Гатқа қашып кеткенин еситкенде, енди оны излеўден ўаз кешти.
5. Даўыт Ахишке: «Егер мақул көрсеңиз, әтираптағы қалалардың биринен маған бир жер берилсин, мен сол жерде жасайын. Себеби қулыңыз болған маған сизиң менен бирге патшаның қаласында жасаўдың неге кереги бар?» – деди.
6. Ахиш сол күни Даўытқа Сиклаг қаласын берди. Сол себептен Сиклаг ҳәзирге дейин Яҳуда патшаларына тийисли қала болып қалды.
7. Даўыт филистлер елинде бир жыл төрт ай жасады.
8. Сол ўақыт ишинде Даўыт ҳәм оның адамлары гешур, гизер ҳәм амалек халықларына шабыўыл жасады. Бул халықлар узақ ўақытлардан бери Шурға, ҳәтте, Мысырға шекем созылған жерлерде жасайтуғын еди.
9. Даўыт қай жерге шабыўыл жасаса да, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмай, тек олардың қойларын, өгизлерин, ешеклерин, түйелерин ҳәм кийим-кеншеклерин алып, патша Ахишке қайтып келетуғын еди.
10. Егер Ахиш Даўыттан: «Бүгин қай жерлерге шабыўыл жасадыңыз?» – деп сораса, Даўыт оған: «Яҳуданың қубла тәрепине, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық», – деп жуўап беретуғын еди.
11. Даўыт ҳеш бир адамның Гатқа келип: «Даўыт олай иследи ямаса Даўыт булай иследи», – деп айтпаўы ушын, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмайтуғын еди. Даўыт филистлердиң елинде жасаған ўақтының ҳәммесинде усылай иследи.
12. Ахиш Даўытқа исенип: «Даўыт өз халқы болған израиллыларға жек көринши болды. Буннан былай, ол мәңгиге мениң хызметимде болады», – деп ойлады.

1. Сол күнлери филистлер Израил менен урысыў ушын әскерлерин топлады. Ахиш Даўытқа: – Билип қой, сен адамларың менен бирге мениң жанымда урысасаң, – деди.
2. Даўыт оған: – Сол ўақытта сиз де қулыңыздың нелер қылатуғынын көресиз, – деп жуўап берди. Ахиш оған: – Яқшы, онда мен сени бир өмирге өзимниң жеке сақшым етип тайынлайман, – деди.
3. Самуел өлгенде, пүткил Израил халқы оған жоқлаў айтып жылап, оны өз қаласы Рамаға жерлеген еди. Ал Шаул болса, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларды елден қуўып жиберген еди.
4. Филистлер топланып, Шунемге келди ҳәм сол жерге орда қурды. Шаул да пүткил израиллыларды топлап, Гилбоа таўына орда қурды.
5. Шаул филист әскерлерин көргенде қорқып кетип, жүрегин қорқыныш бийлеп алды.
6. Ол Жаратқан Ийеден сораса да, Жаратқан Ийе оған түс арқалы да, Урим арқалы да, пайғамбарлар арқалы да жуўап бермеди.
7. Сонлықтан Шаул хызметшилерине: – Маған әрўақ шақыратуғын бир ҳаялды таўып келиң. Оған барып, мәсләҳәт сорайын, – деп буйырды. Хызметшилери оған: – Эн-Дорда әрўақ шақыратуғын бир ҳаял бар, – деди.
8. Шаул кийимин алмастырып, сыртқы көринисин өзгертти де, жанына еки адамды алып, түнде сол ҳаялға келди. Шаул ҳаялға: – Өтинемен, мен ушын әрўақлардан сорап, мен айтқан адамның әрўағын шақырып бер, – деди.
9. Бирақ ҳаял: – Шаулдың нелер ислегенин, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларды елден қуўып жибергенин билесең. Солай екен, неге мени өлтириў ушын дузақ қойып атырсаң? – деди.
10. Шаул оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, бул истен саған ҳеш қандай зыян келмейди, – деди.
11. Сонда ҳаял Шаулдан: – Саған кимди шақырып берейин? – деп сорады. Шаул оған: – Маған Самуелди шақырып бер, – деди.
12. Ҳаял Самуелди көргенде, даўысының барынша бақырып жиберип, Шаулға: – Сиз Шаулсыз-ғо, неге мени алдадыңыз? – деди.
13. Патша оған: – Қорқпа, не көрип турсаң? – деди. Ҳаял оған: – Жердиң астынан шығып киятырған бир әрўақты көрип турман, – деп жуўап берди.
14. Шаул ҳаялдан: – Оның көриниси қандай? – деп сорады. Ҳаял оған: – Үстине шапан кийген бир ғарры адам жоқарыға шығып киятыр, – деди. Сонда Шаул оның Самуел екенин билди де, ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти.
15. Самуел Шаулға: – Неге мени шақырып, тынышымды алдың? – деди. Шаул оған: – Мен жүдә қыйналып атырман. Филистлер маған қарсы урыспақта. Қудай да мени таслап кетти. Ол маған пайғамбарлар арқалы да, түслерим арқалы да жуўап бермей қойды. Сонлықтан не ислеўим кереклигин билдириўиң ушын, сени шақыртқан едим, – деди.
16. Самуел оған былай деп жуўап берди: – Жаратқан Ийе сени таслап кетип, саған душпан болған болса, енди неге меннен сорап турсаң?
17. Жаратқан Ийе мен арқалы айтқанларын жүзеге асырды. Ол патшалықты сеннен тартып алып, оны жаныңдағы адамға, яғный Даўытқа берди.
18. Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, Оның жалынлы ғәзебин амалеклерге шашпадың. Сонлықтан Жаратқан Ийе бүгин бул нәрселерди сениң басыңа салды.
19. Жаратқан Ийе сени де, Израил халқын да филистлерге тәслим етеди. Ертең сен ҳәм сениң улларың мениң жанымда боласызлар. Жаратқан Ийе Израил ордасын да филистлерге тәслим етеди.
20. Шаул бирден гүрс етип жерге қулады. Ол Самуелдиң сөзлеринен қатты қорқып кетип, күши де қалмаған еди. Себеби ол бир күн ҳәм бир түн бойы дуз татпаған еди.
21. Ҳаял Шаулға жақынлап келди де, оның қатты қорқып кеткенин көрип былай деди: – Минекей, шорыңыз болған мен гәпиңизге қулақ астым. Жанымды қәтерге қойып, тилегиңизди орынладым.
22. Енди өтинемен, сиз де шорыңыз болған мениң сөзлеримди тыңлаң. Сизге азғантай аўқат алып келиўге рухсат бериң. Жолыңызды даўам етиўге дәрман болыў ушын, аўқатланып алыңыз.
23. Бирақ Шаул: – Жемеймен, – деп бас тартты. Деген менен, хызметшилери де, ҳаял да зорлай бергеннен кейин, Шаул олардың айтқанын иследи. Ол жатқан жеринен турып, төсекке отырды.
24. Ҳаялдың қорасында бағып отырған бир жас баспағы бар еди. Ҳаял оны дәрриў сойды, қамыр ийлеп, ашытқысыз нан писирди.
25. Соңынан оларды Шаул ҳәм оның хызметшилериниң алдына қойды. Олар ишип-жеп болып, сол күни түнде кетип қалды.

1. Филистлер пүткил әскерлерин Афекке топлады. Израиллылар болса, Изреелдеги булақтың жанына орда қурып, жайласып алған еди.
2. Филист ҳүкимдарлары жүз ҳәм мың адамлық топарлар менен баратырған еди. Даўыт ҳәм оның адамлары патша Ахиш пенен бирге изде киятырған еди.
3. Филист әскербасылары: – Мына еврейлер бул жерде не қылып жүр? – деп сорағанда, Ахиш оларға: – Бул адам Израил патшасы Шаулдың хызметшиси Даўыт болады. Бир жылдан аслам ўақыттан бери, ол мениң жанымда жүр. Мен тәрепке өткеннен бери, оннан бирде бир жаманлық көрмедим, – деп жуўап берди.
4. Бирақ филист әскербасылары Ахишке ашыўланып былай деди: – Бул адамды изине қайтарып жибер. Ол сениң өзине берген жерине қайтсын. Бизлер менен урысқа бармасын, болмаса саўаш ўақтында бизге қарсы шығыўы мүмкин. Ол алдынғы мырзасына өзин қалай жақсы көрсете алады? Оған адамларымыздың басын алып барыўдан басқа жақсы жол бар ма?
5. Олардың ойынға түсип: «Шаул мыңлағанын, Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди», – деп қосық айтып жүргенлери усы Даўыт емес пе?
6. Сонда Ахиш Даўытты шақырып алып былай деди: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сен ҳақ адамсаң. Мениң менен бирге урысқа барыўыңды қәлер едим. Сен жаныма келген күннен бери, ҳеш бир жаман ис ислегениңди көрмедим. Бирақ сен филист ҳүкимдарларына жақпадың.
7. Енди аман-есен изиңе қайта бер. Және филист ҳүкимдарларына жақпайтуғын ис ислеп қойма.
8. Даўыт Ахишке: – Бирақ мен не қылдым? Жаныңызға келгеннен баслап, ҳәзирге дейин меннен қандай айып таптыңыз? Тақсыр, не ушын мен барып, сизиң душпанларыңызға қарсы урыса алмайман? – деди.
9. Ахиш оған былай деди: – Билемен, сен мениң нәзеримде Қудайдың периштеси сыяқлы жақсысаң. Деген менен, филист әскербасылары сени: «Бизлер менен урысқа бармасын», – деп атыр.
10. Енди сен ҳәм сениң менен бирге келген мырзаң Шаулдың қуллары азанда ерте турып, таң атар-атпастан кетиңлер.
11. Солай етип, Даўыт ҳәм оның адамлары филистлердиң жерине қайтыў ушын, азанда ерте турды. Ал филистлер болса, Изреелге кетти.

1. Даўыт ҳәм оның адамлары үшинши күни Сиклаг қаласына жетип келди. Сол арада амалеклер Негебке ҳәм Сиклагқа шабыўыл жасап, Сиклагты өртеп жиберген еди.
2. Олар ҳеш кимди өлтирмей, тек ҳаялларды ҳәм сол жерде болған үлкен-кишиниң ҳәммесин тутқын етип, өзлери менен бирге алып кеткен еди.
3. Даўыт адамлары менен ол жерге жетип барғанда, қаланың өртеп жиберилгенин, ҳаяллары, уллары ҳәм қызларының тутқынға алынғанын билди.
4. Олар ҳалдан тайғанша, дад салып жылады.
5. Даўыттың еки ҳаялы, изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да тутқын етилген еди.
6. Даўыт қыйын жағдайда қалды. Себеби ҳәр бир адам уллары ҳәм қызлары ушын қайғырып: «Даўытты тас боран қылып өлтиремиз», – дести. Бирақ Даўыт өз Қудайы Жаратқан Ийеден күш алды.
7. Ол Ахимелех улы руўханий Абиятарға: «Маған эфодты алып кел», – деди. Абиятар эфодты алып келди.
8. Даўыт Жаратқан Ийеден: – Бул басқыншыларды қуўып барсам, оларға жете аламан ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Изинен қуў, әлбетте, оларға жетип алып, тутқынларды азат етесең, – деп жуўап берди.
9. Солай етип, Даўыт жанындағы алты жүз адам менен жолға шығып, Бесор сайының жағасына келди. Олардың ҳалдан тайғанлары сол жерде қалды.
10. Ал Даўыттың өзи төрт жүз адам менен басқыншыларды қуўыўды даўам етти. Сайды кесип өтиўге шамасы келмеген еки жүз адам сол жерде қалды.
11. Олар қыр даладан бир мысырлыны таўып алып, Даўыттың алдына алып келди. Оған ишиўге суў ҳәм жеўге азық берди.
12. Және де, оған кептирип нығызланған бир бөлек әнжир менен еки бөлек кишмиш берди. Сол адам жеп, ҳәлленип алды. Ол үш күн, үш түн дуз татпаған ҳәм суў да ишпеген еди.
13. Даўыт оннан: – Сен кимниң қулысаң? Қай жерденсең? – деп сорады. Жигит былай деп жуўап берди: – Мен мысырлыман, бир амалектиң қулы едим. Үш күн бурын наўқасланып қалғанлығым себепли, хожайыным мени таслап кетти.
14. Бизлер керетлердиң қубла шегарасына, яғный Яҳуда жерлерине ҳәм Калебтиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық. Ал Сиклаг қаласын өртеп жибердик.
15. Даўыт оннан: – Мени сол басқыншыларға алып бара аласаң ба? – деп сорады. Жигит оған: – Мени өлтирмейтуғыныңызды ҳәм хожайынымның қолына тапсырмайтуғыныңызды айтып, Қудайдың алдында ант ишсеңиз, мен сизди сол басқыншыларға алып бараман, – деп жуўап берди.
16. Солай етип, мысырлы Даўытқа жол көрсетип кетти. Басқыншылар дөгерекке жайылып, филистлердиң жеринен ҳәм Яҳудадан басып алған үлкен олжаларынан ишип-жеп мәслик қурып атырған еди.
17. Даўыт ертеңине таң азаннан күн батқанға дейин оларды қырды. Басқыншылардың түйелерге минип қашқан төрт жүз жигитинен басқа бирде биреўи қутылып кете алмады.
18. Даўыт амалеклер алып кеткен нәрселердиң ҳәммесин, сондай-ақ өзиниң еки ҳаялын да қутқарды.
19. Жаслар, ғаррылар, уллар, қызлар, олжаланған маллар, қулласы, амалеклердиң алып кеткенлеринен ҳеш бири жоғалмады. Даўыт ҳәммесин қайтарып алды.
20. Ол пүткил қой ҳәм қара малларды да алды. Даўыттың адамлары оларды өз малларының алдына салып, айдап баратырып: «Бул Даўыттың олжасы», – деп айтатуғын еди.
21. Соннан соң, Даўыт изине ериўге ҳаллары келмей, Бесор сайының жағасында қалған еки жүз адамның жанына барды. Олар да Даўытты ҳәм оның жанындағыларды күтип алыўға шықты. Даўыт жақынласып, олар менен аманласты.
22. Бирақ Даўыт пенен кеткен жаман ҳәм оңбаған адамлардың ҳәммеси: – Булар бизлер менен бирге бармағанлықтан, олжаға алынған нәрселерден оларға пай бермеймиз. Ҳәр бири тек ҳаялын ҳәм балаларын алып кетсин, – деди.
23. Бирақ Даўыт оларға былай деди: – Яқ, туўысқанларым! Жаратқан Ийениң бизге бергенлерине булай ислемеңлер. Ол бизлерди қорғады ҳәм бизлерге шабыўыл жасаған басқыншыларды қолымызға тутып берди.
24. Сизлердиң бул сөзлериңизди ким қабыл етеди? Саўашқа барғанлар менен жүклердиң қасында қалғанлардың пайы теңдей болады. Ҳәр бир нәрсе теңдей бөлип бериледи.
25. Сол күннен баслап, Даўыт буны Израил ушын дәстүрге айландырып, қағыйда етип бекитти. Ол ҳәзирге дейин сақланып келмекте.
26. Даўыт Сиклагқа қайтып келгеннен соң, дослары болған Яҳуда ақсақалларына алынған олжалардан жиберип атырып: «Мине, бул Жаратқан Ийениң душпанларынан алынған олжалардан сизлерге саўға», – деди.
27. Ол саўғаларды Бейт-Эл, Негебтеги Рамот, Яттир,
28. Ароер, Сифмот, Эштемоа,
29. ҳәм Рахалда болғанларға, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қалаларында болғанларға,
30. Хорма, Бор-Ашан, Атах
31. ҳәм Хебронда болғанларға, сондай-ақ, өзи адамлары менен бирге гезген барлық жердегилерге жиберди.

1. Сол ўақытта филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды.
2. Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди.
3. Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол аўыр жарақатланды.
4. Шаул өз нөкерине: «Қылышыңды суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, қылышын суғып, мени хорлайды», – деди. Бирақ нөкер қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады.
5. Шаулдың өлгенин көргенде, оның нөкери де өзин қылыштың үстине таслап, Шаул менен бирге өлди.
6. Солай етип, Шаул, оның үш улы, нөкери ҳәм пүткил адамлары бир күнде қаза тапты.
7. Ойпатлықтың арғы тәрепинде ҳәм Иордан дәрьясының аржағында жасайтуғын израиллылар Израил әскерлериниң қашып, Шаул ҳәм оның улларының өлгенин билгенде қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасты.
8. Ертеңине филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаул ҳәм оның үш улының өлигин көрди.
9. Олар Шаулдың басын кесип, қуралларын алды. Соңынан бул хош хабарды бутханаларына ҳәм халық арасына таратыў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди.
10. Шаулдың қурал-жарағын қудайы Аштартаның бутханасына қойды, ал денесин Бейт-Шан қаласының дийўалына асып қойды.
11. Ябеш-Гилад халқы филистлердиң Шаулға ислеген ислери туўралы еситти.
12. Қаладағы мәрт жигитлердиң ҳәммеси түни менен жол жүрип, Бейт-Шанға барды. Олар Шаулдың ҳәм оның улларының денелерин Бейт- Шан дийўалларынан түсирип алып, Ябешке алып келди ҳәм сол жерде жағып жиберди.
13. Соңынан сүйеклерин жыйнап алып, Ябештеги тамариск ағашының астына көмди ҳәм жети күн ораза тутып, азалады.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)