Коринфлилерге жазылған екинши хат 7 bob

2 Коринфтеги исениўшилер жәмәәтиниң тәўбе еткенине Павелдиң қуўаныўы. 

1 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўєделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳєм руўхымызды ипласлайтуғын ҳєр бир нєрседен ѳзлеримизди тазалайық. Кудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық.
2 Бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. Бизлер ҳеш кимге жаманлық ислемедик, ҳеш кимди жолдан азғырмадық, ҳеш кимди алдап, ҳақысын жемедик.
3 Буны сизлерди айыплаў ушын айтып атырған жоқпан. Ѳйткени бурын айтқанымдай, сизлер бизлердиң жүрегимиздесиз. Сизлер менен бирге ѳлиўге де, жасаўға да қайылмыз.
4 Мениң сизлерге деген исенимим күшли ҳєм мен сизлер менен кѳп мақтанаман. Кыйыншылықларымыз кѳп болса да, мен сизлер себепли шексиз қуўаныш алып, жубанышқа бѳлендим.
5 Бизлер Македонияға келгенимизден кейин де денемиз ҳеш тыныш таппай, ҳєр тєреплеме қыйыншылық кѳрдик: сыртта жєнжел, жүрегимизде қорқыныш бар еди.
6 Бирақ, руўхы түскен адамларға жубаныш бериўши Кудай Титустың сизлер беттен қайтып келгени арқалы бизлерге жубаныш берди.
7 Бизлер тек оның қайтып келгени арқалы емес, ал сизлердиң оған берген жубанышыңыз арқалы да жубаныш алдық. Титус бизлерге сизлердиң мени қаншелли сағынғаныңызды, қылған ис-ҳєрекетлериңиз себепли ѳкинип атырғаныңызды ҳєм мени жақлаўға урынып атырғаныңызды айтып бергенде, мен оннан бетер қуўанып кеттим.
8 Мен жазған хатым менен сизлерди қапа қылған болсам да, ѳкинбеймен. Сол хатымның сизлерди аз-маз ўақытқа қапа қылғанын билгенимде, мен ѳкинген едим.
9 Бирақ, енди қуўанып атырман. Мен сизлердиң қапа болғаныңызға емес, ал бул қапашылықтың сизлерди тєўбеге єкелгенине қуўанып атырман. Бул қапашылық Кудайдың қєлеўи бойынша болғанлықтан, сизлер бизлер себепли ҳеш қандай зыян кѳрмедиңлер.
10 Себеби Кудайдың қєлеўи менен берилген қапашылық адамды тєўбеге алып келеди ҳєм адам бул арқалы қутқарылыў алады. Бундай қапашылық ѳкиниў алып келмейди. Бирақ, дүньяның қапашылығы ѳлимге алып барады.
11 Караңлар, Кудайдың қєлеўи менен болған бул қапашылық сизлерде қаншелли инта, ѳз пєклигиңизди дєлиллеўге қатты умтылыў, наҳақлыққа деген күшли ғєзеп, қаншелли қорқыныш, маған деген соншелли сағыныш, қаншелли талпыныў ҳєм айыпкер адамды жазалаўға күшли тилек оятты. Сизлер сол исте ѳзлериңиздиң ҳєр тєреплеме пєк екениңизди кѳрсеттиңиз.
12 Сизлерге буннан алдыңғы хатты жазғанымда, наҳақлық ислеген адам ямаса наҳақлықтан жєбир кѳрген адам себепли жазған жоқпан. Ал, сизлердиң бизлерге деген ықласыңыздың Кудай алдында аян болыўы ушын жазған едим.
13 Бизлер булардың ҳєммеси арқалы жубаныш таптық. Жубанышымызға қосымша Титустың қуўанышы бизлерди оннан да кѳбирек қуўандырды. Ѳйткени сизлердиң ҳєммеңиз оның руўхын кѳтерипсиз.
14 Мен сизлерди оның алдында мақтаған едим, сизлер мени уятқа қалдырмадыңлар. Сизлерге айтқан ҳєр бир сѳзимиз ҳақыйқат болғаны сыяқлы, сизлерди Титусқа айтып мақтаған сѳзлеримиз де ҳақыйқат болып шықты.
15 Ол ҳєммеңиздиң сѳзге бойсынатуғыныңызды, ѳзин ҳүрмет ҳєм иззет пенен қабыл алғаныңызды еске алып, оның сизлерге деген сүйиспеншилиги жєне де артып атыр.
16 Солай етип, мен сизлерге ҳєр бир исте исене алатуғыным себепли қуўанаман.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.