Ҳүрметли ата-аналар!Сизлердиң қолыңыздағы китап пүткил шаңарағыңыз ушын жазылған! Оның ишиндеги жазылған барлық ўақыялар Мухаддес Китаптан алынған болып, олар Қудайдың Сөзи ҳәм ертеде болып өткен ўақыялар менен танысыў ушын әжайып мүмкиншилик болып есапланады. Ҳәммемиз билгенимиздей балалар тек ғана қоршаған жәмийетке емес, ал соның менен бирге руўхый ҳақыйқатқа да итибарлы ҳәм ашық болады. Келешекте олар биринши булақ, яғный Мухаддес Китап пенен танысыўды қәлеўи ушын ҳәзир олар сизлердиң жаныңызда екен, усы мүмкиншиликтен үнемли пайдаланып, үйиңизде Мухаддес Китаптағы ўақыяларды олар менен биргеликте оқың. Бул жағдай олардың өмирине әжайып тәсир көрсетеди.
Мухаддес Китапты балалар менен өз ўақтында (яғный ҳәр күни) оқыў ҳәм дуўа етиў баланы дурыс тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе. Бул ушын әлбетте ўақыт табың! Балаларыңызды ҳәм қызларыңызды сүйиспеншилик руўхында тәрбиялап, оларға руўхый қәдир-қымбатлы болған нәрселерди қәдирлеўди кишкене ўақтынан баслап үйретип барың.
Қудай шаңарағыңыздағы бул ис ҳәрекетлериңизде сизлерге тек ғана ҳәзир емес, ал келешекте де жәрдем береди деп исенемиз.
Сизлердиң балаларыңыз жас ўақтынан баслап, Мухаддес Китапты оқыўы арқалы олардың балалық ҳәм келешектеги өмирин өзгертетуғын Ҳақыйқатты танып билиўин шын жүрегимизден қәлеймиз.
Сүйиспеншилик пенен сизлер ушын дуўа етип атырған Мухаддес Китап миссиясы хызметкерлери.