Яқып ҳаққында ўақыялар
Яқып хәм Эсаў
Мухаддас Китап, Жаратылыс китабы 24,25,27 – баплар
Бир неше ўақыт өтип, Ысақ ер жетти. Ол Ребеккаға үйленди, олардан Яқып ҳәм Эсаў деген уллар дүньяға келди. Олар егизек болыўына қарамастан, бир-биринен айырылып туратуғын еди.
Үлкен улы Эсаў күшли, еркинликти сүйетуғын адам еди. Ол оқжай ҳәм ушқыр болған оқ пенен қуралланған, тоғай ҳәм таўларға аңға шығыўды жақсы көретуғын еди. Көбинесе, ол күн, ҳәтте, ҳәптелер даўамында үйинде болмайтуғын еди. Ол ҳәр дайым қайтып келгенинде, оқжай менен атылған олжаны алып келетуғын еди. Эсаў Ысақтың сүйикли перзенти еди.
Яқып Ребекканың сүйикли перзенти еди. Ол әжағасындай тынып-тыншымайтуғын адам емес еди. Яқып көбинесе үйинде, шатырлар алдында болатуғын, әкесиниң падаларын бағатуғын ҳәм ҳәр түрли күнделикли жумысларда жасы үлкенлерге жәрдем беретуғын еди.
Эсаў туңғыш ул еди ҳәм ол Яқыптан азғана ўақыт бурын туўылған болса да, бул оған мийрасхор болыў ҳуқықын беретуғын еди.
Сондай-ақ, әке өлиминен алдын, өз улларынан тек биреўин айрықша жарылқап, пәтиясын бериўи мәлим еди. Бул пәтия бериў молшылық, күш-қүдирет, сондай-ақ урпақтың көбейиўи, қул ҳәм хызметкерлер, шарўа маллары ҳәм басқа ҳәмме нәрселериниң көбейиўин аңлатады. Ендигиден былай усылардың барлығын сол улы басқарыўы керек еди. Соның менен бирге, бул Қудайдың жарылқаўын да аңлатады.
Сол дәўирдиң әдетине бола, арнаўлы жарылқаў туңғыш улына, яғный Эсаўға тийисли еди.
Бирақ иниси Яқып ҳақыйқаттан да тийкарғы мийрасхор болыўды қәледи, себеби ол ушын әкесиниң жарылқаўы менен бирге Қудайдың жарылқаўына ерисиў әҳмийетли еди. Эсаў болса, керисинше, туңғышлықтың абзаллықлары ҳаққында ойламады. Оны көбирек аң аўлаў қызықтыратуғын еди.
Бир күни Эсаў және үйден шығып кетти ҳәм Яқып анасына үй жумысларына жәрдем берди. Шарбақта от жанып турған еди. Ол отта Яқып қызыл сорпа аўқат (яғный чечевица сорпасын) писирип атырған еди. Эсаў узақтан аўқаттың жағымлы ийисин сезди. Шаршаған Эсаў аўдан қайтып киятыр еди. Ол узақ ўақыттан берли, аң аўлап аўыл арасын гезип жүрген еди. Соның ушын, сол ўақытта ол жүдә аш еди. Эсаў аң қуралларын жерге таслап, тоңқылданып:
– Маған жеўге бир нәрсе бер, – деди.
Яқып оған узақ ойланып отырмастан:
– Буның ушын маған туңғышлық ҳуқықыңды бер! – деди.
– Мен аштан өлип қалайын деп турғанымда, бул туңғышлық ҳуқықтан не пайда? – деди ол.
Солай етип, Эсаў өзиниң туңғышлық ҳуқықын бир кесе қызыл сорпаға алмастырды. Яқып иш-ишинен қатты қуўанды ҳәм мийрасхорлық ушын биринши қәдем тасланып, енди ол әкесиниң пәтиясын Эсаўға емес, ал оның өзине берилиўин келистириўи керек еди.
Жыллар өтти. Ысақтың кɵзиниң көриўи төменлесе баслады. Бир күни ол Эсаўды қасына шақырды.
– Мен өлетуғын күнимди билмеймен, улым, – деди ол. – Соның ушын, мен өзимниң әкелик пәтиямды саған бериўди қәлеймен, туңғыш улым. Оқ ҳәм оқжайларыңды ал ҳәм бираз аң аўла. Одан мениң жақсы көретуғынымдай етип аўқат таярла, маған алып кел ҳәм мен саған пәтиямды беремен, – деди.
Эсаў өзиниң оқ ҳәм оқжайларын алып, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпастан кетип қалды. Бирақ оның анасы Ребекка шатырдың жуқа дийўалынан Ысақтың Эсаўға айтқан сөзлерин тыңлап турған еди.
Ол қорқып кетти: «Бул Яқыптың пәтиядан бос қалып қоятуғынын аңлатады!». Бирақ қашанлардур Қудай Ребеккаға Яқыптың жарылқанған болатуғынын айтқан еди! Буннан тысқары, Яқып оның сүйикли улы еди. Ол енди не ислеўи керек?
Ребекка Яқыптың алдына жуўырып барып, еситкенлерин айтып берди. Кейин ол әлпайымлық пенен былай деди:
– Еки ылақты сойып, оларды маған алып кел. Эсаў әдетте таярлайтуғындай етип, мен оларды қуўырып келемен. Сен өзиңди Эсаўға уқсатып, оны әкеңе алып барасаң ҳәм әкең саған өз пәтиясын береди.
ҳәммеси таяр болғанға шекем ярым күн өтти. Ребекка Эсаўдың кийимин алып, оны Яқыпқа берди, ол болса оны кийип алды. Кейин Ысақ оны терисинен танып қоймаўы ушын Ребекка Яқыптың қоллары ҳәм мойнын ешки териси менен орап, байлап қойды (себеби Эсаўдың қоллары қалың жүнлер менен қапланған еди).
Яқып аўқатты алып әкесиниң шатырына келди.
– Мине мен келдим, әкежан, – деди ол.
Ысақ басын көтерип:
– Ким бул? – деп сорады.
Яқып түпиригин жутып:
– Бул мен Эсаў, сениң туңғышыңман. Мен айтқаныңызды қылдым, – деп өтирик сөйледи. Соңынан ол:
– Алың ҳәм қуўырылған аңды жең, соң маған пәтияңызды бериң, – деди.
Бул Ысақты қәўетерге салды. Эсаўдың даўысы бийтаныс еситилди.
– Кел, улым, мен сени сыйпалап көриўди қәлеймен, – деди ол.
Қорқыныштан Яқыптың маңлайында тер тамшылары пайда болды. Егер әкеси оның өтиригин билип қойса не болады?
Ысақ улын сыйпалады, оның қоллары тек ешкиниң териси менен қапланып турған жерге шекем жетти.
– Қызық, – деди Ысақ, – даўысы Яқыпқа, ал қоллары Эсаўға уқсайды. Маған ҳақыйқатын айт: сен – Эсаўсаң ба? – деп сорады әкеси.
– Аўа! – деп жуўап берди Яқып. – Мен – Эсаўман!
Ысақ аўқатланып болып:
– Улым, мениң алдыма кел ҳәм мени сүй, – деди.
Яқып солай иследи. Ысақ Эсаўдың кийимлерин ийискеледи ҳәм бул оның соңғы гүманларын жоқ қылды.
– Улым, сеннен Қудай бизге ўәде еткен кең далалардың ийиси шығып турыпты. Кел, дизе бүк, – деди Ысақ.
Яқып төсегиниң алдында дизе бүккенде, әкеси қолларын улының басына қойды. Кейин былай деди:
– Қудай саған жердиң зүрәәтин мол, шарўа малларын көп етип берсин. Басқа халықлар ҳәм туўысқаның саған хызмет етсин. Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырайды, сени жарылқайтуғынлар жарылқанады.
Яқып шатырдан шыққанында, Эсаў аңнан қайтып киятырған еди.
– Мине, мен келдим, әке, – деди ол, – мен саған аўқат таярладым. Маған пәтия бере аласыз ба? – деп сорады Эсаў әкесинен.
– Не? Сеннен алдын маған келген ким еди? – деп Ысақ қорқып сорады – Мен кимге пәтиямды бердим?
Усы жерде ҳәмме сыр ашылды.
– Яқып мени екинши мәрте алдады! – деп бақырды Эсаў. – Дəслеп ол мениң тунғышлық ҳуқықымды алды, енди болса әкемниң пәтиясын!
Маған да пәтияңызды бере аласыз ба, әке?
– Яқ, улым, – деп жуўап берди қайғылы түрде Ысақ. – Қудайдың туңғышқа берген пәтиясын тек бир мәрте бере аламан. Мен саған да пәтия беремен, бирақ сен мийрасхор бола алмайсаң.
СОРАЎЛАР
- Ысақтың улларының атлары ким еди? Олар не менен шуғылланатуғын еди?
- Көзи соқыр Ысақ Эсаўды аў алып келиў ушын жибергенинде, оның қандай нийети бар еди?
- Ысақты алдаўда Ребекка қалай қатнасты?
- Яқып әжағасы ҳәм әкесине қылғанындай, бизлер де туўысқанларымыз бенен сондай мүнәсебетте болыўымыз керек пе? Не ушын?