Яқыптың түси
Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 28-бап
Ребекка Яқыпқа:
– Сен бул жерден қашып кетиўиң керек! – деп көндирип, илтимас етип айтты. Қуллардың бири Ребеккаға келип, Эсаўдың Яқыпты ɵлтириўди ойлап жүргенин хабарлайды.
– Енди, улым, мениң сɵзиме қулақ сал: ҳəзир-ақ атаң Ибрайымның ели Харанға, ағам Лабанның жанына қашып кет. Әжағаңның ашыўы басыламан дегенше, бир қанша ўақыт Лабанның жанында қал. Әжағаңның ашыўы басылып, оған ислеген исиң есинен шыққаннан соң, мен биреўди жиберип, ол жерден сени алдыраман, – деди Ребекка.
Ребекка күйеўи Ысаққа улы Яқыпты қойып жибериў ушын не айтыў керегин әлле қашан ойлап қойған еди.
– Яқып қудайсыз қызға үйлене алмайды, оған Қудайды таныйтуғын қыз керек.
Ысақ бул пикирге ыразы болды. Себеби оның ҳаялы бираз жыллар алдын Ибрайымның елинен келген еди. Яқып та сол жерден ҳаял тапсын деп мақуллады.
Ысақ Яқыпты қасына шақырды.
– Яқып, улым, бул жерден ҳаял алма, – деди Ысақ – Харанға, анаңның елине бар, сол жерде өзиңе ҳаял табасаң. Қудай сени жарылқасын!
«Бул жақсы, – деп ойлады Яқып. – ҳәтте, әкем де мени жибереди, соның менен бирге, мен басқаларға Эсаўдан қашып кетип баратырғанға уқсап кɵринбеймен».
Ол ата-анасы, үйи менен хошласып, сапарға атланды. Яқып әкесинен өзи менен алып кетиў ушын ҳеш нәрсе бериўин сорамады. Ол хызметкер де, қой да, ешки де, ешек те алмады.
Ол сапарға бир өзи шығып кетти. Кеўлинде ол азмаз қапа болғандай еди. Солай етип, Яқып жалғыз жолға атланды ҳәм сергизден болып, өзи көрмеген алыс елге кетти. Жолда оған уйықлайтуғын шатыр да, үй де жоқ еди. Сонлықтан да Яқып басының астына тас қойып, қатты жерде терең уйқыға кетти. Ол елде жабайы ҳайўанлар бар еди, бирақ Қудай Яқыпты жолда қорғады. Ол Яқыптың жүрегинде қапагершилик бар екенгилин билетуғын еди, соның ушын оған әжайып түс көриўи ушын мүмкиншилик берди.
Яқып түсинде жер үстинде тик турған текшени көрди, ал оның уша басы аспанға тийип турған еди. Периштелер оның үстинде минип-түсип жүрген еди. Жоқарысында Қудай турған еди. Ол Яқыпқа былай деди:
«Мен – Ибрайым ҳәм Ысақ пенен сөйлескен Ийеңмен. Сен жатырған жерди саған ҳәм урпағыңа беремен. Олар жүдә көп болады ҳәм олар арқалы жер жүзиндеги барлық халықлар жарылқанады. Яқып, Мен сениң менен бирге боламан, қай жерге барсаң да сени қорғайман».
Усы ўақытта Яқып оянып: «Бул әпиўайы түс емес», – деп ойлады ол. – «Қудайдың Өзи усы жерде! Ол мениң менен сөйлести!».
Яқып басындағы тасты алып, естелик сыпатында оны орнатты. Кейин Яқып ўəде берип былай деди:
– Қудайым, егер мени бул узақ ҳәм қәўипли жолда сақласаң, набыт болыўыма жол қоймай, аман-саў үйиме қайтарсаң, мен пүткил өмирим бойы Саған табынып, хызмет етип, маған берген нәрселериңниң оннан бир бөлегин Саған беремен.
Сораўлар
- Не ушын Яқып өз үйин таслап, узақ елге кетти?
- Ол қандай түс көрди?
- Қудай Яқыпқа не деди?