Яқып өзге елде
Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 29, 30, 31 баплардың 1 – 12 аятлары
Ақырында, Яқып ағайинлери жасайтуғын жерге жетип барды. Ол шопанлардан Лабанды таныйсызлар ма? – деп сорады.
– Билемиз, – деп жуўап берди шопанлар.
Ана жерде қойлар падасын алып киятырған қызды көрип турсыз ба? Бул Раҳила, Лабанның генже қызы, – деди.
Солай етип, Яқып өз мәнзилине жетип келгенин аңлады ҳәм әсте Қудайға шүкирлик айтып, Раҳилаға қудықтан қойларын суўғарыўға жәрдем берди. Ол жүдә сулыў болып, Яқып буны бирден байқады. Бирақ ол өзиниң ким екенин еле оған айтпаған еди.
– Неге маған жәрдем берип атырсыз? – деп сорады Раҳила.
– Көп жыллар алдын әжапаңыз Ребекка Қанан елине турмысқа шығыў ушын бул жерден кеткен еди, – деп жуўап берди Яқып.
– Билемен, – деди Раҳила, – бул ҳаққында маған әкем Лабан айтты, ал сен кимсең?
– Мен Ребекканың улы Яқыппан.
Демек, сиз мениң әжағамсыз! – деп Раҳила қуўанып кетти.
– Хош келдиңиз!
Яқып ҳаққында еситкен Лабан қуўанып оның алдынан жуўырып шықты.
– Үйиме кир ҳәм қонағым бол! – деди ол.
Лабанның үйинде үлкен қуўаныш ҳүким сүрди. Байрам тағамлары тартылды ҳәм Яқып узақ ўақыт даўамында ағайинлерине, атасы Ысақ әлле қашан қартайған ҳәм кɵзи көрмей қалғанлығын, Ребекка болса тири екенлигин, егизек аға-ининиң кишиси екенлиги ҳаққында айтып берди.
Ол әкесиниң пәтиясын алғанлығын ҳәм мийрасхор болғанлығын да айтты.
Қәне айтың, – деп сорады Лабан, – әкеңиз Яқып жолыңызға ыразы болды ма?
Ол ҳәтте, мени өзи жиберди! – деп жуўап берди Яқып. – Мен бул жерде өзиме ҳаял табыўым керек.
Яқып әлле қашан Раҳиланы сүйип қалған ҳәм ол оның ҳаялы болыўын әрман қылды. Ол Лабанның үйинде қалып, оған бир ай хызмет қылды. Бир күни Лабан Яқыптан қылған иси ушын қандай сыйлық қәлеп атырғанын сорады. Яқып әлле қашан бул ҳаққында ойлап қойған еди.
– Билесең бе, Лабан, үйлениў ушын жигит қыздың әкесине, оның қызына үйлениўи ушын төлем төлеўи керек. Мен Раҳилаға үйленбешимен. Мениң жети жыл ислеўиме ҳәм бул мениң Рахила ушын төлемим болыўына разы боласыз ба? – деп сорады Яқып.
Лабан күлип, басын ийзеди:
– Әлбетте, қызымды басқа биреўге бергеннен гөре, саған турмысқа бергеним мақул, – деди ол.
Солай етип, Яқып Лабанның қараўында жети жыл хызмет етти. Ақырында, бул мәўлет өтти ҳәм узақ күтилген күн келди. Тойда келинди пүткиллей орамал менен жаўып қойыў – бул дəстүр еди. Тойдан кейин азанда, күйеў келинниң бетиндеги орамалын шешип, оның жүзин көрди. Яқып қорқып кетти: оның үйленген ҳаялы Раҳила емес, ал оның əжапасы Леа еди!
Ол Лабанның алдына жуўырып барып:
– Бул не болғаны?! – деп бақырды Яқып. – Мен Леа ушын емес, Раҳила ушын жети жыл иследим! Сен мени алдадың!
– Бизлердиң дəстүримиз бойынша, генже қыз үлкенинен бурын турмысқа шықпайды, – деди оған Лабан.
Яқып жерге жығылып жылай баслады. Алданыўдың қаншелли қорқынышлы екенлигин ол енди аңлап жетти. Лабан Яқыпқа, егер Раҳила ушын және жети жыл ислесең, оған үйлениўге рухсат бериўин айтты.
Сол ўақытларда бир еркек адам бир неше ҳаялға үйлениўи мүмкин еди ҳәм бул усынысқа Яқып ыразы болды. Бир ҳәптеден кейин олар және той берди. Яқып ɵзи жақсы көрген Раҳилаға үйленди.
Яқып және жети жыл қәйин атасының қолында иследи. Бул ўақыт өткеннен соң да, ол Лабанның жанында болды. Ол енди келинниң төлеми ушын емес, ал Яқыптың өзи хожайынға айланып, онда көплеген сыйыр, қой ҳәм ешки падасы пайда болған еди. Ақырында, оның падалары Лабанның падаларынан көбейип кетти. Буннан тысқары, ол сол жерде он еки перзентли: он бир балалы ҳәм бир қызлы болған еди. Ол жүдә бахытлы еди, себеби Қудай оның менен бирге болып, оны жарылқаған еди. Бирақ көп өтпей, Яқып оның жыйнаған байлықларын Лабан ҳәм оның балалары көре алмай атырғанын сезди.
Сол ўақытта Қудай Яқыпқа ата-бабаларының елине, шаңарағыңа қайтыўы кереклигин айтады.
СОРАЎЛАР
- Яқып ҳәм Раҳила қалай танысты?
- Лабан Яқыпты қалай алдады?
- Не ушын Лабан ҳәм оның уллары Яқыпқа болған көз-қарасларын өзгертти?