Туўысқанлардың ушырасыўы
Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 32, 33, 35 баплардың 1-7 – аятлары
Қудай Ибрайым ҳәм оның әўладларына ўəде еткен елге узақ сапарға шыққанына ҳәмме киятырып қуўанды. Тек бир нәрсе тынышлық бермеди – Эсаў қалай етип күтип алар екен? Яқып Эсаўдың бир ўақытлары оны өлтирмекши болғанын еследи, соның ушын, ол Эсаўдың ɵзин ҳәм балаларын өлтириўинен қорықты.
Эсаўдың өз әтирапына төрт жүз адамды топлап, Яқыпты күтип алыў ушын шыққанын билгеннен кейин, оның жүреги дирилдеп кетти. Не ислеў керек? Егер Эсаў жаманлық ислеўди нийетлеген болса, онда Яқыптың тамам болған жери усы. Ол қаша алмайтуғын еди, себеби үлкен шарўа менен, ҳаяллары ҳәм балалары менен тез жүриў мүмкин емес еди. Ал қорғаныў ушын оның жанында ер адамлар аз еди.
Яқыптың қылған биринши иси, қойларды екиге бөлип, жартысын алдыға жибериў еди:
«Егер Эсаў оларға ҳүжим етсе, оның еле маған қарсы ғәзеби бар екенин билип аламан. Себеби ҳеш болмағанда екинши ярымы қашып қутыла алады», – деп түсиндирди ол улларына.
Яқыптың өзи биринши бөлегинде болды.
Кеш болғанда, ол отаўдан бир шетке бираз узақласып шықты ҳәм былай деп дуўа ете баслады:
– Қудайым, Сениң маған берген барлық реҳим ҳәм жарылқаўларыңа мен ылайықлы емеспен ҳәм ҳәзир Сеннен сорайман, мени ҳәм шаңарағымды қутқар. Эсаўдың бизлерди өлтириўине жол қойма, себеби Сен мени қорғаўды ҳәм усы жерди мениң әўладыма ўәде еткенсең.
Ертеси күни азанда Яқып әжағасы менен ушырасыўға хызметкерлери менен отыз түйе жиберди. Олар кеткеннен кейин, Яқып кейинги қулларын еки жүз қой менен бирге жиберди. Бираз ўақыт өтип, олардың изинен ешки, сыйыр ҳәм ешек падаларын бир-биринен белгили бир қашықлықта жиберди. Бул ҳайўанлар саўға сыпатында жиберилген еди. «Егер Эсаў жиберилген саўғаларды из-изинен қабыл етсе, ушырасқанымызда ол маған ғәзепленбейди», – деп ойлады Яқып.
Яқып Эсаўды күтип алыў ушын бәрше хабаршыларын саўғалары менен жиберди, бирақ Эсаў еле көринбеди.
Кеш болды, ҳәмме уйқыға жатты. Ярым түнде Яқып орнынан турып, падасын ҳәм шаңарағын ойпатлықтың төменги бөлеги бойлап ағып өтетуғын киши дəрьядан өткизди, ал Яқыптың ɵзи дәрьяның басқа тәрепинде жалғыз қалды. Ойламағанда бирден Кимдур пайда болып, оның менен гүресе баслады. Бул адам келбетинде кɵринген Қудайдың Периштеси еди. Олар узақ ўақыт гүрести. Яқып бар күши менен өзин қорғағанлығы себепли Сол Биреў оны жеңе алмайтуғына кɵзи жеткеннен соң, Ол Яқыптың санына урды ҳәм Яқып гүрести даўам еттире алмады. Бирақ ол қарсыласын беккем услап алды.
– Мени қойып жибер, – деди қарсыласы, себеби таң атқан еди.
Бирақ Яқып Оны қойып жибермеди.
– Дәслеп мени жарылқа.
– Атың ким? – деп сорады Ол.
– Яқып.
– Буннан былай, сениң атың Яқып емес, Израил деп аталасаң, себеби сен Қудай менен гүрестиң ҳәм адамларды жеңе аласаң.
– Атыңызды айтың, – деп сорады Яқып, бирақ Ол жуўап бермеди.
Яқып сол ўақытта адам менен емес, ал Қудай менен гүрескенин аңлады ҳәм Қудай Яқыпты жарылқады.
Шығыста қуяш пайда болғанда, бийтаныс адам жоқ болып кетти. Яқып әстен орнынан турды ҳәм кишкене дәрья бойлап өте баслады. Оның бели аўырғаны себепли ол ақсақланып жүре баслады.
Көп өтпей Яқып қойлары ҳәм шаңарағының изинен қуўып жетип, ɵзинен алысырақта киятырған еркеклерге көзи түсти.
Бул Эсаў ҳәм оның хызметкерлери еди.
Жүрегинде қорқыныш пенен Яқып олардың алдына барды ҳәм кишипейиллик белгиси сыпатында оларға жети мәрте тәжим етти. Бирақ Эсаў оның алдына жуўырып келип, оны қушақлап, сүйди ҳәм былай деди:
– Яқып, сени және көргенимнен жүдə қуўанышлыман! Бул сөзлерден соң Яқыптың үстинен үлкен жүк түскендей болды. Эсаў буннан былай оған ашыўланбады!
Яқып әжағасының жүрегиниң жумсарғанын сезип, қатты қуўанышлы болды! Яқып Эсаў ушын Қудайдан соранған еди ҳәм Жаратқан Ийе оның дуўасын еситти. Яқып ҳәм Эсаў екеўи де қуўаныштан жылады.
Эсаў Раҳила, Леа ҳәм оның балаларын көрип:
– Жаныңдағы бул адамлар кимлер? – деп сорады.
Яқып жуўап берип былай деди:
– Булар Қудайдың маған берген балалары.
Сонда Раҳила, Леа, Яқыптың уллары ҳәм оның қуллары Эсаўға тәжим етти.
Кейин Эсаў:
– Жолда киятырып қой, сыйыр ҳәм ешкилерди ушыраттым, неге оларды маған жибердиң? – деп сорады. Менде ҳәмме нәрсе бар, иним, мал дүньяңды өзиңе қалдыр.
Сонда Яқып Эсаўға:
– Мениң саўғамды қабыл етиң, себеби Қудай оларды маған сақыйлық пенен берди ҳәм менде ҳәмме нәрсе бар, – деди.
Яқып Эсаўға жалынды ҳәм ол оның саўғаларын қабыл етти. Эсаў инисине былай деди:
– Мениң менен бирге жасайтуғын жериме жүр.
Яқып жуўап берип:
– Тез жүре алмайман, себеби балаларым ҳәлсиз, қой-қозыларым көп, оларды тез айдасам, ҳәмме малдан айырылып қаламан, – деди.
Солай етип, Яқып Эсаў менен бирге бармады. Кейин Эсаў Қанан елинен узақта жайласқан үйине қайтып кетти, ал Яқып Иордан дәрьясынан өтип Қанан жериндеги Шехем қаласы жақынына жайласты. Ол сол жерге өз шатырларын орнатып, қурбанлық орын таярлады ҳәм сол жерде Ийемиз Қудайға табынды.
СОРАЎЛАР
1. Яқып үйине қайтып киятырып неден қорққан еди?
2. Ағалы-инилилердиң ушырасыўы қалай болды?
3. Яқып қандай жаңа ат алды?