Мухаддес Китап ўақыялары 14 bob

Юсуп ҳаққындағы ўақылар

Юсуптиң түси

Мухаддес Китап, Жаратылыс Китабы 37:1–12 аятлар

Юсуптиң түси Мухаддес Китап, Жаратылыс Китабы 37:1–12 аятлар

Яқыптың он еки улы болып, улларының ҳәммеси ер жеткен еди. Оның генже улларынан тек биреўи – Бенямин еле ер жетпеген еди. Ол туўылып атырған ўақытта Яқыптың ҳаялы Раҳила қайтыс болады. Раҳиланың улы Юсуп Беняминнен үлкен еди. Ол әлле қашан өспирим болып, әкесин сүйетуғын ҳәм ҳәмме нәрседе оған бойсынатуғын еди.

  Яқыптың он үлкен баласы ешки ҳәм қойларды бағатуғын еди. Олардың ис-ҳәрекетлери көбинесе надурыс болғанлықтан әкесине унамайтуғын еди. Юсуп олар менен бирге болғанында, олардың инсәпсызлығын көрип қапа болатуғын ҳәм бул ҳаққында әкесине айтып беретуғын еди. Юсуптиң бул ис-ҳәрекети әжағаларын ғәзеплендиретуғын еди. Соның ушын Юсуп ҳәм оның  ағалары арасында оғада қопал мүнәсебет пайда болды. Өз гезегинде Яқып та өзиниң туңғыш улларына нахақлық қылып, Юсупти қалған балаларына қарағанда көбирек жақсы көретуғын еди. Әкениң бул ис-ҳәрекети оларда жеркениш ҳәм көре алмаўшылық сезимин оятты.

  Бир күни Яқып Юсупке арналған жүдә шырайлы реңли кийим тигиўди буйырды.

 

Яқыптың улларының ҳеш биринде бундай кийим жоқ еди. Бул болса, туўысқанлар арасында көре алмаўшылықты және де күшейтти.

  Юсуп гейде айрықша түслер көретуғын еди. Бир күни ол түсинде әжағалары менен атыздың ортасында баў баўлап атырғанлығын көрди. Әжағалары байлаған баўлар оның баўына тәжим етти. Юсуп бул түске жүдә ҳайран болып, оны әжағаларына айтып берди.

  Олар қатты ашыўланып, былай деди:

  – Бизлерди саған бойсынады деп ойлайсаң ба?

  Көп өтпей, Юсуп және бир түс көрди. Түсинде қуяш, ай ҳәм он бир жулдыз оған тәжим етти. Бул түс оны және де ҳайран қалдырды. Бул ҳаққында ол әкесине ҳәм әжағаларына айтып берди.

  Әкеси оны кейип, былай деди:

  – Хақыйқаттан да, қуяш – мен, ай – анаң ҳәм он бир жулдыз болса – әжағаларың,  ҳәммемиз келип, саған жерге дейин тәжим етемиз деп ойлайсаң ба?

  Бирақ Яқып бул түсти есинде сақлап қалған еди.

Әжағалары барған сайын Юсупке ғәзепленип, қызғаныш пенен қараўды даўам етти. әжағалары:

– Юсуп менмен болып кетип өзин киммен деп ойлап жүр? – деп,  – Хош, бизлер оған еле көрсетемиз! – деп келисип алды.

 

                       СОРАЎЛАР

1. Яқыптың неше улы бар еди?

2. Яқыптың Юсупти өзиниң сүйикли улы қылып сайлағаны дурыс болды ма?

3. Юсуптиң түслери әжағаларын не ушын ғәзеплендирди?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.