Мухаддес Китап ўақыялары 15 bob

Юсуптиң қуллықта болыўы

Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 37:13-36-аятлар

Юсуптиң қуллықта болыўы Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 37:13-36-аятлар

Бир күни Яқып Юсупти жайлаўда қой-ешкилерин бағып жүрген әжағаларының алдына жиберди.  Яқып Юсупқа былай деди:

  – Бар, әжағаларың ҳәм падалар ҳәммеси жақсы ма, көрип маған хабарын айтып кел.

  Юсуп әкесиниң буйрығын орынлаўдан ҳәр дайым қуўанышлы еди. Сонлықтан ол жолға дәрриў атланып, өзи менен ешек те, хызметкер де алмады. Ол шырайлы кийимлерин кийип, әкеси менен хошласты.

  Юсуп узақ ўақыт даўамында әжағаларын изледи, ақыры ол бир кисиге дус келди, ол Юсупке әжағалары менен қойларының ҳәзир қай жерде екенлигин айтты. Юсуп әжағаларына жақынлағанда олар оны узақтан көрип, бир-бирине:

  – Мине, түс көриўши киятыр! Келиңлер, оны өлтип, қандай да бир  шуқырға таслайық ҳәм әкесине жыртқыш ҳайўан Юсупти жеп кетти, деп айтайық. Сонда оның түслери қалай әмелге асатуғынын көремиз, – деди.

  Бирақ олардың үлкени Рубен:

  – Оны өлтирмейик, қан төкпейик, мине, шөлдеги бир шуқырға таслайық, – деди.

  Рубен кейинирек Юсупти шуқырдан азат етип, әкесине қайтарыўды ойлады. әжағалары Юсупти өлтирмеўге келисимлерин берди. Юсуп әжағаларына жақынласқан ўақытта, оны услап, реңли шапанын шешип алды. Сонда Юсуп әжағалары не ислемекши екенлигин түсинди. Юсуп өксип-өксип жылады. Олардан оны қутқарыўын ҳәм әкесиниң алдына қойып жибериўин илтимас етти, бирақ олар оған қулақ салмады, себеби олардың жүреклери реҳимсиз ҳәм жаўыз еди.

 

Солай етип, олар Юсупти терең шуқырға таслады. Ол жерде Юсуп аш болып ҳәм шаршап, шөлин қандырыў ушын бир тамшы суў да таба алмаған еди. Юсуп сүйикли әкесиниң алдына ҳеш қашан қайтпайтуғынлығын ойлағанда, жүреги қатты езилер еди!

  Жаўыз әжағалары оның қыйналғанына ҳәм көз жасларына итибар бермей, аўқатланыўға отырды. Сол ўақытта олар сол жерге киятырған кәрўанды көрди. Булар Мысырға хош ийисли майларды алып баратырған саўдагерлер еди. Ағалы-инилилерден бири Яҳуда:

  – Бул кәрўан Мысырға баратыр. Келиңлер, Юсупти қуллыққа сатайық, сонда қолымыз оның қанына былғанбайды, себеби ол бизлерден узақта болады-ғо, – деди.

  Кәрўан жақынласқанда ағалы-инилилер саўдагерлерге жүзлесип:

  – Бизлер саған қул сатпақшымыз. Ол он жети жастағы келискен, саламат ҳәм күшли жигит. Мысырда буның ушын сизге жақсы ақша береди ҳәм сиз жақсы пайда аласыз, – деди.

 Саўдагерлер ағалы-инилилердиң шуқырдан арқан менен шығарып алған Юсупти көзден өткерип, оны жигирма шекел гүмиске сатып алды.

  Ағалы-инилилер өз қылмысларын жасырыў ушын әкесине ешкиниң қанына боялған Юсуптиң шапанын алып барды. Яқып кийимди таныды ҳәм былай деди:

  – Бул мениң улымның шапаны, оны жыртқыш ҳайўан тилким-тилким қылған.

  Ол көп күнлер даўамында сүйикли улы ушын аза тутты, бирақ бул қайғыдан оны ҳеш ким жубата алмады...

 

                    СОРАЎЛАР

1. Юсуптиң әжағалары қандай жаўыз жоба дүзген еди?

2. Қайсы әжағасы Юсупти қутқарыўға ҳәрекет етти?

3. Әжағалары Юсупке не иследи?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.