Мысырда
Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 39, 40, 41–баплар
Саўдагерлер Юсупти Мысырға алып келип, фараон сарайының хызметшиси, қорықшылардың баслығы Потифарға сатады. Юсуп тез арада мысыр тилин үйренеди ҳәм ҳәмме исте жүдә епшил болып, тез арада Потифардың үйинде қуллардың бақлаўшысы болып хызмет етеди. Қудай оны бул өзге елде қалдырмай, оған жәрдем бергенине Юсуп қуўанды.
Потифар қыянеткер ҳаялына қарағанда меҳрибан хожайын еди.
Бир күни, Потифар үйинде болмаған ўақтында, оның ҳаялы Юсупти ислемеген гүнасы ушын айыплады. Сол ушын ол қамаққа түсти, бирақ Қудай оны ол жерде де қалдырмады.
Қамақхана баслығы Юсуптиң исенимли адам екенлигин сезип, оны тутқынлардың үстинен бақлаўшы етип қойды. Бир күни түнде еки тутқын: фараонның бас шарап қуйыўшысы ҳәм бас нанбайшысы жүдә таң қаларлық түслер кɵреди.
– Егер Қудай маған түсиңиз нени аңлататуғынын түсиндирсе, мен сизлерге жәрдем беремен. Маған түслериңизди айтып бериң – деп усыныс етти Юсуп.
Юсуп бас шарап қуйыўшы ҳәм нанбайшының түслерин еситкеннен кейин узақ ойланыўға туўры келмеди: Қудайдың Өзи Юсупке олардың түслерин жорып берди.
Бираз ўақыт өткеннен соң, пүткиллей басқа үйде, қамақханадан узақта жайласқан әжайып сарайда және бир киси өзгеше түслер көрди: ол адам – Мысыр фараоны еди. Ол түсинде жети сыйырдың Нил дәрьясынан шыққанын көреди.
Олар қамыслықта тыныш отлап атырған семиз ҳәм тоқ сыйырлар еди. Соң Нилден және жети сыйыр шықты, олар сүйеклерин санаўға болатуғын дәрежеде арық еди. Ҳәм усы арық сыйырлар алдынғы семиз сыйырларды жеп қойды. Бирақ сонда да, олар семирмеди. Фараон буннан кейин оянып кетти.
Бирақ азғана ўақыт өткеннен соң, Фараон уйықлап кетип және бир түс көрди. Бул сапары ол жети масақ өсип шыққан пақалды көреди. Масақлары үлкен, дәнге толы еди, бирақ буннан басқа жети масақ пайда болып, олар қуўрап қалған ҳәм пуш еди. Пуш масақлар дәнге толы масақларды жеп қояды. Бул аўҳалға қараў қорқынышлы еди.
Фараон түсиниксиз тәшиўишке толған суўық денеде оянды. Ол бул түслердиң бир нәрсени аңлататуғынын түсинди. Бирақ олар нени аңлатады?
Фараон бул ҳаққында ойлай баслады, бирақ ол көрген түслерине туўры келетуғын түсиникти таба алмады. Соң ол барлық мысыр данышпанларына дәрҳал сарайға келиўин буйырды. ҳәмме жыйналғанда, фараон оларға түслерин айтып берди, бирақ данышпанлардың ҳеш бири бул түслерди жорый алмайды. Фараон ғәзепленип, олардың ҳәммесин қуўып жиберди. Сонда еки жыл бурын қамақта болған бас шарап қуйыўшы Юсупти еследи, себеби Юсуп оның түсин дурыс жорып берген еди. Бул ҳаққында ол фараонға айтып берди ҳәм ол дәрҳал Юсупти алдына әкелиўди буйырды.
– Солай етип, сен түслерди жорый аласаң ба? – деп сорады фараон Юсуптен.
– Яқ, мен жорый алмайман, – деп жуўап берди Юсуп, – бирақ Қудай маған олардың мәнисин түсиниўге жəрдем береди.
Фараон түсинде көрген ҳәмме нәрсени оған айтып берди.
– Еки түс те бир нәрсени аңлатады, – деди Юсуп, – Сиз көрген жети дәнли масақ ҳәм жети семиз сыйыр – Мысырдағы жети жыл молшылықты аңлатады. Ал, арық сыйырлар ҳәм қуўраған пуш масақлар болса, кейинги жети жыл ашлықты билдиреди.
Ашлық соншелли күшли болады, ол басланғанынан көп өтпей, бурынғы молшылықтан ҳеш нәрсе қалмайды. Бирдей мәнини аңлататуғын еки түс көргениңиз болса, Қудайдың бул анық қарары екенин ҳәм буны тез арада әмелге асырыўын аңлатады, – деди.
Фараон қатты қәўетерленип:
– Елимизди қорқытып атырған бахытсызлықтың алдын алыўдың ҳеш иләжи жоқ па? – деди.
– Мүмкин! – деп жуўап берди Юсуп, – Ашлық сөзсиз келеди, бирақ сиз оған таярлық көриўиңиз керек. Мен сизге бир данышпанды ғәлле қорларына басшы етип сайлаўды мәсләҳат беремен. Ол жети жыл ишинде артықша егинлерди сатып алып, оларды арнаўлы қоймаларға сақлаўы керек. Сонда қурғақшылық келгенде, азық-аўқат жетерли болады.
Фараонға бул усыныс унады ҳәм орнынан турып, Юсупке былай деди:
– Қудай булардың ҳәммесин саған ашып берген болса, сендей ақыллы ҳәм дана ҳеш ким жоқ. Мениң барлық ҳалқым сениң сөзиңе бойсынады. Мен сени пүткил Мысыр елине ҳүкимдар етип қояман. Мен сеннен тек тахтым менен ғана үстин боламан.
Фараон күш-қүдирет белгиси сыпатында қолындағы жүзикти алып, Юсуптиң қолына тақты ҳәм де оған ҳасыл кийим кийгизип, мойнына алтын шынжыр тақты. Фараон Юсупке ат арба берди ҳәм оған дус келген барлық адамлар тәжим етиўи керек еди.
Солай етип, фараон Юсупти Мысырға ҳүкимдар етти. Мәмлекет ҳүкимдарлығын өз қолына алған Юсуп ғайрат салып мийнет етиўине туўры келди. Пүткил ел бойлап ири дән ғәллеханаларын қурыўды буйырды. Ол ўақтын ойын-күлки ҳәм зыяпатларға сарпламай, ҳәмме ўақыт халықтың парахатшылығы ҳаққында ойлап жүретуғын еди.
Юсуп өзин сондай таң қаларлық тәризде қамақтан азат қылғаны ушын, Қудайға шексиз миннетдар еди. Бирақ ол ҳасыл кийим кийгени ҳәм үлкен күшке ийе болғаны ушын емес, керисинше адамдарға көп жақсылық қылыў, оларды ашлықтан қутқарыў мүмкиншилигине ийе болғаны ушын қуўанды.
Көп өтпей Юсуп үйленди ҳәм еки уллы болды. Ол қартайған әкесин тез-тезден ойлап, бир күн келип оны көриўден үмит ететуғын еди. Соның менен бирге, ол әжағаларының да жаўыз ислеринен тәўбе еткенинен үмити бар еди. Юсуптиң жүрегинде әжағаларына деген жек көриўшилик жоқ еди. Ол Мысырда қуллыққа сатылыўына Қудай жол қойғанын түсинди.
Ал Қудай буны тек ғана мысырлыларды емес, ал Яқыптың пүткил шаңарағын да ашлықтан қутқарыў ушын иследи.
СОРАЎЛАР
1. Юсупти әжағаларынан сатып алған саўдагерлер оны қай жерге алып кетти?
2. Юсупти олар кимге сатты?
3. Қудай Мысырда Юсупке қалай жәрдем берди?