Юсуптиң әжағалары менен көрисиўи
Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 42, 43, 44, 45 – баплар
Кейинги жети жыл ишинде Мысыр жеринде ғәлледен мол зүрәәт болды. Оннан соң жети жыл ашлық басланды. Пүткил Мысыр ели ашлықтан азап шеге баслады ҳәм адамлар фараоннан нан сораў ушын келди. Олар:
– Жейтуғын ҳеш нәрсемиз жоқ, ашлықтан өлемиз, – деди.
Сонда фараон:
– Юсуптиң алдына барың, ол сизлерге жәрдем береди, – деди.
Халық Юсуптиң алдына барды ҳәм ол ғәллеханадан мысырлыларға нан сата баслады. Көп еллерден Мысырға нан сатып алыў ушын адамлар келди. Мысырдың телеклеринде ғәлле соншелли көп еди, Юсуп оны мүтәж болған ҳәммеге сатыўы мүмкин еди.
Яқып ҳәм шаңарағы жасаған Қанан елинде де ашлық болған еди. Яқып Мысырда нан бар екенлигин еситип, улларын сол жерге жиберди. Узақ ҳәм машақатлы жолдан соң, олар фараонның сарайына жетип келди. Ол жерде оларды бир кисиге алып барды. Юсуп өзиниң көриниси менен қорқыныш ҳәм ҳүрметти оятып, әжағаларының алдында пайда болды. Ол сондай әжайып кийим кийген еди! «Бул Мысырдағы екинши ең қүдиретли адам, фараонның ўәзири болса керек», – деп ойлады әжағаларының ең үлкени Рубен.
Бирақ ол иниси Юсупти танымады. әжағалары ҳүрмет белгиси сыпатында ўәзирдиң алдында өзлерин жерге таслап, тәжим қылды.
– Реҳим ет, ўәзир, бизлерге дән сатың! Буның ушын жақсы пул төлеймиз! – деди олар.
Юсуп әжағаларын таныды. Бирақ ол өзин танымағанлыққа салып, қыялый бир қарарға келди: «Көремен! әжағаларымның жүреги өзгерген бе екен? Олар өз жаўызлықларын еслеп, қылған исинен пушайман ба екен?» Юсуп қатаң даўыс пенен оларға былай деди:
– Сизлер – жансызларсыз! Сизлер бул жер ҳаққында ҳәмме нәрсени үйренип, соң бизлерге ҳүжим етиўге келдиңиз!
– Яқ, яқ! – деп әжағалары үмитсизликке түсип, оның алдында және де төменирек тәжим етти.
Сол ўақытта, Юсуп бурын көрген түсин: әжағаларының баўлары оның баўларының алдында тәжим еткенин еследи.
Рубен батырлық пенен былай деди:
– ҳәммемиз бир әкениң перзентлеримиз. Бизлерде он еки аға-ини бар еди, биреўи кетти, ең генжемиз үйде қалды.
– Мейли, – деди Юсуп, – тек ғана ырас сөйлеп атырғаныңызға исениўим керек. Сизлерден бириңиз усы жерде қамақта қаласыз, қалғанларыңыз болса, наныңызды үйиңизге алып кетиң, кейин генже үкеңизди алып келиңлер. Егер ол келсе, сизлер көбирек дән сатып алыўыңыз ҳәм үйиңизге қайтыўыңиз мүмкин. Егер қайтып келмесеңиз, өтирик сөйлеген боласыз ҳәм сизлер ҳәммеңиз жансызларсыз.
Солай етип, олар дән салынған қаплар менен үйине қайтып кетти, бирақ олардың арасында әжағасы Шимон жоқ еди.
Уллары әкеси Яқыптың алдына қайтып, басларынан өткен ҳәмме нәрсени айтып берди. Бирақ Яқып генже улы Беняминди қойып жибериўди қәлемеди, себеби ол оны да жоғалтыўдан қорықты.
Бирақ бир неше айдан соң, олардың азық-аўқатлары таўсылды. Яқып генже улының әжағалары менен барыўына зорға рухсат берди.
Яҳуда Беняминге ҳеш қандай жаманлық болмаўы ушын оған дыққат пенен қарап жүриўге әкесине ўәде берди.
Олар Мысырдың үлкен қаласына жетип келиўи менен оларды ўәзирдиң үйине алып кетти. Бул ағалы-инилилерди қәўетерге салды. Бирақ оларды зыяпат таярланып атырған үлкен залға алып келиўи де дыққатқа ылайықлы. Фараонның ўәзири оларды неге зыяпатқа шақырды? Олардың ҳәр бирине жасы бойынша орынлар берилген еди ҳəм мысырлылар олардың жасын қалай биледи? Зыяпат ўақтында ўәзир дилмаш арқалы әжағалары менен сөйлесип, олардың шаңарағы ҳаққында иләжи барынша көбирек мағлыўмат алыўды кәледи.
Ертеси күни азанда кәрўан қайтыўға таярланды. Шимон да босатып жиберилди ҳәм ол әжағаларына қайтарылды. Қаплар да дәнге толған еди – Яқып оларды көрип қаншелли қуўанышқа толады!
Бирақ олар сапарға атланғанынан узақ ўақыт өтпей, қуралланған атлылар олардың излеринен жетип келди.
– Неге ўәзирдиң гүмис кесесин урлап кеттиңиз? – деп бақырды олардың басшысы. – Ол сизлерди зыяпатқа мирәт етти, сизлер болса гүмис кесени алып кетиўден уялмадыңыз ба?
– Яқ, тақсыр, – деп қорғады Рубен, – Бизлер ҳеш қашан урлық ислемедик. Бизлердиң нәрселеримизди тексериң! Егер биреўимизден сол кесени тапсаңыз, оны өлтириўиңиз мүмкин ҳәм бизлер ҳәммемиз хожайыныңызға қул болып қалыўға таярмыз.
Олар қапларын шешип атырғанда, Беняминниң қабынан бир кесе шықты! Кесени Беняминниң қабына салыўды Юсуптиң өзи буйырғанын олар қаяқтан биледи? Юсуп әжағаларын соңғы рет сынап көриўди қәлеген еди.
Олар қорқынышта фараонның сарайына қайтып барды. Юсуп Беняминди Мысырда қул етип қалдырыўды буйырды. Сонда Яҳуда батырлық пенен:
– Мырзам, сизден бир илтимас қыламан. Әкеме оның генже улына ҳеш нәрсе болмаўына мен кепиллик берген едим. Егер Бенямин үйге қайтпаса, әкемиз қайғыдан өлип қалады. Соның ушын, сизден сорайман: оны қойып жибериң, ал мен оның орнына қуллықта қаламан.
Енди Юсуп әжағаларының бурын, бир ўақытлары өзине қарсы қылған жынаяты оларға сабақ болғанына гүўа болды. Олар алдынғыдай үкесин қуллыққа сатыўдың орнына, оны қутқарыў ушын өзлери қул болыўға таяр еди. Олар енди бурынғыдай емес, Қудай олардың жүреклерин өзгерткен еди. Юсуп әжағаларын ҳайран қалдырып, бирден жылап жиберди. Бираз тынышланғаннан соң, ол былай деди:
– Мен сизлердиң иниңиз – Юсуппен!
Он бир ағалы-инили оны ҳеш қашан көрмегендей болып, бир аўыз сөз айта алмай қатып қалды. Дерлик пүткил Мысырды қолында услап турған бул адам бир ўақытлары ағалары қызғаныштан оны көре алмаған, әкеси де жүдә жақсы көрген, ақыр-ақыбет қуллыққа сатылған Юсуп пе?
– Қорықпаң, – деди Юсуп, – мен сизлерге жаўызлық қылмайман. Себеби Қудай сизлерди ҳәм басқа көп халықты ашлықтан қутқарыў ушын, мени Мысырға жибергени енди мәлим болды. Болмаса, бул апаттан ҳәммемиз де набыт болған болар едик. Қурғақшылық бары жоғы еки жыл алдын басланды ҳәм ол жети жыл даўам етеди. Сизлер усы жерге келгениңизден берли, бул Қудайдың жобасы екенлигине гүўа болдым.
Ағалы-инилилер сөйлеместен турды. Өзлери жүдә көп зыян жеткизген Юсуп, ал енди болса қүдиретли болып қалған иниси олардан ҳеш қандай өш алмақшы емеслигине исене алмады.
Бирақ Юсуп қолларын ашып, даўыслап:
– Бенямин! Өзиңниң әжағаң, Юсуп болған мени танымайсаң ба? – деди.
Кейин Бенямин оның алдына жуўырды, олар қушақласып қуўаныштан жыласты. Тосық бузылды. Ағалы-инилилер избе-излик пенен Юсупти қушақлады ҳәм олар менен жүз берип атырған ҳәмме нәрсе ҳақыйқат екенлигине исене алмады. Ағалы-инилилер Юсуп пенен узақ ўақыт сәўбетлести. Олар жүдә көп нәрселерди айтып бериўди қәледи!
Юсуптиң әжағаларының келгенин еситип, фараон оны алдына шақыртып алып:
– Әжағаларыңа айт, әкеңизди ҳәм шаңарақ ағзаларыңызды алып, Мысырға келсин ҳәм ашлық тамам боламан дегенше усы жерде жасасын. Олар өз шаңарақ ағзаларын Қананнан алып келиўи ушын, мен оларға ат арбалар беремен. Сол жерде қалып қойыўы мүмкин болған нәрселерине қыйналмасын, себеби мен оларға ҳәмме нәрсени усы жерде беремен! – деди.
Юсуп фараонға тәжим етип:
– Мырзам, сиз маған жүдә меҳрибансыз. Буйрықларыңызды орынлаўға асығыслық пенен бараман, – деди.
Ертеси күни әжағалары үй ишин ҳәм шарўа малларын алып қайтыў ушын Қананға жол алды. Бенямин хошласып қолын былғап кетип баратырғанына көзи түсип, Юсуп узақ ўақыт олардың излеринен қарап турды.
СОРАЎЛАР
1. Юсуптиң атыздағы баўлары хаққындағы түси қалай әмелге асты?
2. Не ушын Яқып Беняминди оның ағалары менен бирге Мысырға қойып жибериўди қəлемеди?
3. Не ушын әжағалары қапларынан гүмис кесениң табылғанынан қорқты?