Мухаддес Китап ўақыялары 18 bob

Муўса ҳаққында ўақыялар

Қамыстан исленген себет

Мухаддес Китап, Шығыў китабы 1,2– баплар

Қамыстан исленген себет Мухаддес Китап, Шығыў китабы 1,2– баплар

Яқып ҳәм оның уллары Юсуптиң алдына, Мысырға көшип барғанынан бери көп ўақытлар өтти. Енди олар әпиўайы бир шаңарақ емес, ал ҳақыйқый халық, яғный Израил халқына айланды. Мысырлылар Юсупти ҳәм оның жәрдемин әлле қашан умытқан еди. Алдынғы фараон көз жумып, енди басқа фараон Мысырға патша болды хәм енди мысырлыларға бул  келгинди израиллылар қандай да бир қәўипли болып түйилди. Соның ушын да, жаңа фараон израиллыларды қулға айландырып, мәжбүрий мийнеттен олардың өмирин қыйынластырды: оларды ылай ҳәм сабаннан гербиш ислеўге мәжбүр етти. Ол яҳудийлерди аўыр мийнет пенен шаршатыў ушын олардың үстинен басшыларды қойды. Белгиленген муғдардағы гербишлерди ислеўге үлгермегенинде, төбесинде турған басқарыўшылар оларды аяўсыз сабалайтуғын еди.

  Бирақ мысырлылар Израил халқын қаншама хорлаўға ҳәрекет етсе де, олар жыл сайын көбейип, күшейип бара берди. Сонлықтан Фараон Израилдың барлық ул балаларын олар туўылғаннан өлтириў керек деген қорқынышлы жоба дүзди.                    

  Қудайдан қорқып пәк жасайтуғын бир яҳудий ҳаял ул туўады. Бул ана нәрестени тек Қудай ғана қутқара алыўын билер еди, соның ушын ол Жаратқан Ийеге шын жүректен дуўа ететуғын еди. Усы ҳаял баласын мысырлылардан узақ ўақыт жасырып жүрди. Бирақ бала үш айлық болғанында, анасы артық оны жасыра алмайтуғынлығын түсинди. Нәрестениң әжапасы Мәриям анасына иши қара май менен жағылған, суў кирмеўтуғын етип тоқылған себетке кишкене инисин салып қойыўға жәрдем берди.

 

Кейин олар себетти алып, Нил дәрьясы бойына барды. Себетти жағадан онша узақта болмаған қамыс арасына қойды. Бул жерде оны ағыс та алып кете алмады ҳәм ол жағадан да узақласа алмайтуғын еди. Мәриям жасырынып, жақын жерден себетке не болыўын қарап турды. Көп өтпей ол қыз дәрья тәрепке жүрип қиятырған ҳаялларды көрди. Олардың ҳәммесиниң алдында ҳасыл кийим кийген ҳаял басқарып барар еди. Бул фараонның қызы еди. Ал, қалғанлары болса оның хызметкерлери сыяқлы көринди.

Патшаның қызы усы жерде шомылмақшы екен. Ол шешинип, әсте суўға түсти. Мәриям қатты дүрсилдеп атырған жүреги менен қарап турды. Фараонның қызы, иниси жатырған себет турған жерге жақынласып барды ҳәм сол жерде ол тоқтап қалды.

  – Бул не?! – деп бақырды ханым.

  Ол хызметкерлерге себетти суўдан шығарыўды буйырды ҳәм оның қақпағын ашты.

  – Бул бәлким израиллының баласы болса керек. Анасы оны әкемниң әскерлеринен жасырмақшы болған, – деди фараонның қызы өзиниң жанындағыларға.

  – Оны не қылыўымыз керек? – деп сорады олар.

  – Мен бул баланы өлтириўин қәлемеймен!

  Сонда ол әстен қасына жақынлап киятырған Мәриямды көрди.

  – Бул жерге қаяқтан келдиң? – деп сорады фараонның қызы оннан.

  Мәриям тутлығып:

  – Мен?... Мен бул жерге жақын жерде ойнап жүрген едим. Қәлесеңиз, мен бул жерге баланы бағатуғын ҳаял таўып, оны шақырыўым мүмкин, – деди.

  Фараонның қызы ыразы болды ҳәм Мәриям бар күши менен үйине қарай жуўырды. Зорға демин алып болғаннан кейин, анасына болған ўақыяның ҳәммесин айтып берди.

  – Қудай дуўаларымызды еситти, – деди анасы жарқырап.

  Кейин олар бирге дәрья тәрепке асығып, жуўырып кетти.

 

– Бул баланы үйиңизге алып кетиң ҳәм оған ғамхорлық қылың, – деп буйырды фараонның қызы, – Буның ушын сизге мен пул төлеймен. Нәресте үлкейгеннен кейин, оны маған алып кел, ол мениң асырап алған улым болады.

  Анасы жүдә қуўанышлы болғанынан, бир аўыз да сөз айта алмады. Ол тек басын ийзеди. Фараонның қызы нәрестени сүйип:

  – Көрискенше, улым! – деди де өзиниң ат арбасына қарай кетти.

  Анасы менен Мәриям оны сүйип:

  – Үйге хош келипсең! – деди.

  Бир неше жыл даўамында нәресте өзиниң шаңарағында жасады, балаға Қудайды сүйиўди ҳәм Оған дуўа етиўди үйретти. Бала үлкейгеннен соң, анасы оны фараон сарайына алып келди. Ханым оның атын Муўса деп қойды ҳәм оған көп нәрселерди үйретиўдиң ғамын жеп, оны фараонның улы сыпатында тәрбияланыўы ушын мүмкиншиликлер жаратты.

  Муўса ҳәр бир мүмкиншиликтен пайдаланып, әкеси менен анасын, әжапасы Мәриям ҳәм әжағасы Харонның алдына барып туратуғын еди. Ол сарайдан шығып, израиллылардың аўылына келгенинде, ол жерде көрген нәрселери оны қыйнайтуғын еди.

– Мысырлылар жүдә жақсы жасап атыр, ал мениң халқым болса мынадай азап шегип атырғаны бул  әдилликтен емес. Израил уллары азаннан кешке шекем жумыс ислейди, аштан-аш жасап, ҳәтте өзлерине өзлери хожайын да емес.

  Бир күни ол бир израиллыны аўыр жүкти көтериўге мәжбүр етип, ал оның изиндеги киятырған бир мысырлы оны қамшы менен урып атырғанын көрип қалды. Соңынан ол израиллы жығылды. Мысырлы оны орнынан турыўға мәжбүрлеп, оны қамшы менен ура баслады. Муўса артық бундай аяўсызлық ҳәм әдилсизликке бийпәрўалық пенен қарап тура алмады. Ол ҳеш ким көрип турған жоқ па, деп тез әтирапқа қарады да, жуўырып барып мысырлыны урды.  Оның өлип қалғанын көргеннен кейин, Муўса не ислеп қойғанын түсинип жетти.

  Ертеси күни Муўса еки израиллының жәнжеллесип атырғанын байқады. Ол айыплы болған адамға қарап:

 

– Оны тынышына қой! Неге туўысқаныңды урып атырсаң? – деди.  

    – Саған не? Бәлким, кешеги мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең? – деп жуўап берди ол.

  Муўса қорққанынан реңи ағарып кетти. «Бул қалай тез мәлим болып қалды екен? – деп ойланды, – Егер фараон мысырлыны өлтиргенимди билип қалса, мени өлимге ҳүким етиўи мүмкин. Мен тезирек қашыўым керек!»

  Ол сарайға қайтып бармады. Фараон бул болған жынаяттан хабар тапты. Ол Муўсаны өлтириўге қарар етти ҳәм оны табыўды буйырды.

  Қорқыныш ҳәм қайғыға толған Муўса өзин излеп киятырғанлардан жасырыныўға мәжбүр болды ҳәм Мысырдан кем-кемнен узақласып, ақыр соңында узақта жайласқан Мидян елине жетип барды. Ол жерде тек ғана қумлық ҳәм таслар бар еди. Сонлықтан Муўса бир қудықты көргенде, оны тапқанына қуўанды. Ол суў ишип шөлин қандырып турған ўақытта бир неше жас қызлар қойларын суўғарыў ушын қудықтың қасына келди. Муўса оларға жәрдем берди ҳәм қызлар миннетдаршылық сыпатында оны өзлери менен аўқатланыўға мирәт етти.

  Бул жети қыз Итро атлы кисиниң қызлары еди. Өзиниң  уллары болмағанлығы себепли, оған қарыўлы жас жигит жарап қалған болар еди. Муўса ҳеш қандай мақсетке ийе болмай сергиздан болып жүргени ушын, Реуел оған сол жерде қалыўды усынды. Солай етип, Муўса фараонның көркем сарайын Мидян жериндеги шатырға алмастырды.

  Көп өтпей, ол Реуелдиң туңғыш қызы Сиппораға үйленди ҳәм олардан бир ул туўылды. Муўса қәйин атасының падаларын бағып,  Мысырды умыта баслады. ҳәтте, өзиниң туўған халқы  болған израиллылар ҳаққында ойлаўды да дерлик тоқтатты.

 

 Бирақ Қудай израиллыларды умытпады. Ол олардың қайғыларын көрди, дуўаларын еситти ҳәм оларға жәрдем бериўге қарар етти. Буның ушын Ол Муўсаны шақырды.

 

СОРАЎЛАР:

1. Не ушын фараон израиллыларды аўыр жумыслар менен қыйнады?

2. Израил халқын жоқ қылыў ушын фараон не ойлап тапқан еди?

3. Муўсаның анасы өз нәрестесин не қылды?

4. Анасы Муўсаға ол ата-анасының үйинде жасаған ўақтында не нәрселерге үйретиўге үлгерди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16