Мухаддес Китап ўақыялары 19 bob

Жанып атырған шеңгел путасы

Мухаддес Китап, Шығыў китабы 3–12 баплар

Жанып атырған шеңгел путасы Мухаддес Китап, Шығыў китабы 3–12 баплар

Бир күни Муўса Синай таўы жанында қойларын бағып жүрген еди. Бирден ол өзгеше нәрсени сезди: шеңгел путасы жанып атырған еди. «Путаның жалынлы от пенен жанғаны, бирақ пута жанып жоқ болмай атыр!» –  деп Муўса ҳайран қалып, оған жақынласа баслады. Сол жерде ол ойламағанда биреўдиң даўысын еситти.

  – Муўса! Муўса! Мен Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен сөйлескен Қудайман. Мен Израил халқының Мысырдағы азапларын көрдим ҳәм олардың жалбарыныўларын еситтим. Мен оларды қуллықтан азат етип, сүт ҳәм пал ағып турған Қанан елине алып барыўды қарар еттим. Енди бар: Мен сени фараонның алдына жиберип атырман. Сен Израил халқын Мысырдан алып шығыўың керек. Қорықпа, Мен сениң менен бирге боламан!

  – Мен бе? Егер мен халқымның алдына барып, ата-бабаларымның Қудайы мени сизлерге жиберди деп айтсам, олар:

– Оның аты ким? – деп сорайды-ғо.  

  – Мен мәңгиге Бар Болыўшыман, – деп жанып атырған шеңгелли путадан жуўап келди,  – Мен жалғыз Қудайман, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыптың Қудайыман.

  – Мен сөзге шешен адам емеспен, майлы тилли де емеспен, сақаўша сөйлеймен, – деп даўам етти Муўса, – Маған Израил халқы да, әсиресе фараон да қулақ салмайды.

  – Мен адамларды жаратып, оларға сөйлеўди үйретпедим бе? – деди Қудай, – Керек болған сөзлерди тилиңе салыў Маған қыйын емес.

 

Бирақ Муўса Оған еле де қарсылық қыла берди.

  – Басқа биреўди жибериң!

 Қудай оған ғәзепленди.

  – Яқ, Муўса, буны сен қылыўың керек! Егер сөйлеўден қорқсаң, әжағаң Харонды жәрдемге алып бар, ол буны сеннен жақсырақ ислей алады. Бирақ сен Мениң елшим боласаң ҳәм Израил халқын қуллықтан алып шығасаң!

  Солай етип, Муўса Қудайдың оған буйырған буйрығын орынлаў ушын, Мысырға қайтып келди. Бирақ Муўса менен Харон израиллыларды қойып жибериўин сорап қанша ҳәрекет етсе де, фараон ыразы болмады.  Бул ўақыт арасында Израил халқы еле де көбирек мийнет етиўге мәжбүр болды ҳәм жазалар және де аяўсыз бола берди. Қудай фараонға ҳәм Мысыр елине он түрли жаза жиберди: бәлеге дуўшар етти,  өсимлик зыянкеслери ҳәм кеселликлер – бирақ фараон халықты азат етиўге ҳәм оларды ўәде етилген жерге қойып жибериўди қәлемеди.  

 

Кейин Қудай Муўса арқалы ҳәр бир шаңарақ ушын минсиз қозы алынып, оны пасха (қутқарылыў қозысы) сыпатында сойыўды буйырды. Пасха «айланып өтиў» деген мәнини аңлатады. Қозының қанын ыдысқа салып, кеште оны есиклердиң босағасының үсти бетине ҳәм қапталларына жағыўлары керек еди. Сол күни түнде ҳеш ким үйинен шықпаўы керек болды, себеби Ийемиздиң периштеси Мысыр бойлап жүрип, ҳәммениң туңғыш перзентлерин өлтирип шықты. Ол тек ғана есигине қан жағылған үйлерди айланып өтип кетти.

  – Аўқатланыўдан алдын және бир исимиз бар, – деди шаңарақ басшылары, – ҳәр бир инсан узақ сапарға қалай кийинетуғын болса, солай кийиниўи тийис. Қолларына ҳаса таяқларын да алыўы керек еди.  

Биз асығыслық пенен қозының гөшин жеўимиз керек. Бул Ийемиздиң Қутқарылыў байрамы. Қудай бизлерге бул күнди еслеп, әўладтан-әўладқа байрам сыпатында нышанлаўды буйырды.

  Шаңарақ ағзалары стол әтирапына жыйналғанда, олар ашшы шөплер менен хош ийисли затларды  гөш пенен алып келди. Перзентлерине гөштиң  дәми унамады, бирақ ҳәр бир шаңарақтың әкелери түсиндирип:

  – Мысырдағы мәжбүрий мийнетимиз де бул шөплер сыяқлы ашшы болды.

  Гөш пенен бирге нан да берилди, бирақ ол әдеттегидей нан емес еди.

  – Ол ашытқысыз қамырдан таярланған! – деди анасы, – Муўса бизлерге ашытқысыз нан писириўди буйырды. Бул арқалы бизлер жолға шығыўға таяр екенимизди көрсетемиз, себеби узақ сапарға ашытқыда писирилген нанды алып шығыўға болмайды.

  Ақыр-ақыбет, шаңарақлар уйқыға жатты.

  Ертеси күни таң азанда израиллылар үйлериниң алдында турған еди. Бул күн олар узақ күткен уллы күн бола ма?

  ҳәм мине хабаршы да жетип келди. Ол израиллы еди.

 – ҳәммеси Қудай айтқандай болды! – деп узақтан бақырды, – ҳәр бир мысырлының үйлеринде туңғыш ул, соның ишинде, фараонның да улы дүньядан өтти. Қудай бүгин фараонға енди Өз қәлeўине тосқынлық етиўине жол қоймайтуғынлығын көрсетти!

  – Ал енди не қылыўымыз керек? – деп сорады адамлар.

  – Сиз әлле қашан жолға атланыўға таяр емес пе едиңиз, – деп жуўап берди хабаршы.

  – Өзиңизге тийисли ҳәмме нәрсени  алып, ушырасыў орнына барың.

  Адамлар өзлери менен алып кетиўи мүмкин болған нәрселерди жыйнаў ушын үйлерине кетти. Әкелери болса, туңғыш улларының қолларынан услап, есиклерине жағылған қанға көрсетип былай дейтуғын еди:

– Бул израиллылардың усы жерде жасайтуғыны ҳаққында гүўалық береди. Бул қан сени Қудайдың ҳүкиминен қутқарды, улым!

Усылай етип, Пасха байрамы белгиленди. Қудай тап усы күни Өз халқын Мысырдағы қуллықтан алып шықты.

 

Сол күни фараон Муўса менен Харонға:

– Сизлер ҳәм пүткил Израил халқы, орынларыңыздан турыңлар ҳәм мениң халқымның арасынан шығып кетиңлер! – деди.

Солай етип, мысырлылар оларды асықтырып, израиллылардың тез арада олардың елинен шығып кетиўин қәледи...

 

Израил халқы Ийемиз оларды Мысыр елинен алып шығаман дегенше төрт жүз отыз жыл сол жерде жасады.  Олардың саны ҳаялларды ҳәм балаларды есапламағанда алты жүз мың еркек болды.

 

СОРАЎЛАР:

1. Муўса шөлде қандай әжайып көринисти көрди?

2. Қудай Муўсаға нени буйырды?

3. Қудай мысырлылардың басына қанша бәле жаўдырды?

4. Қутқарылыў (Пасха) байрамы нени аңлатады?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.