Биринши адамлардың ўақыялары
Адамның гүна ислеўи
Муқаддес Китап, Жаратылыс китабы, 3-бап.
Қудай аспанды жаратқан ўақытта, периштелерди де жаратқан еди. Олар аспанда жасайтуғын ҳәм Қудайға хызмет ететуғын еди. Бир күни олардың биреўи Қудайға қарсы шықты, себеби ол Жаратыўшыдай бийликке ийе болғысы келди. Бул көтерилисте көплеген периштелер қатнасты. Сол ўақытта Қудай оларды аспаннан қараңғылыққа таслап жиберди, ол жер өлилер мәканы деп аталатуғын еди. Қулаған периште Шайтан деген ат алды, ол қарсы шыққанлардың басшысы еди. Адам-ата менен Ҳаўа-ене гүна ислесе, өлип дозаққа түсетуғынын шайтан билетуғын еди. Ол адамларды жек көретуғын еди ҳәм оларды Қудай менен сөйлесиў бахтынан айырғысы келетуғын еди. Сонда Шайтанға: «Мен оларға Қудай қадаған еткен жақсылық ҳәм жаманлық терегиниң мийўесинен жегизиўге ҳәрекет етемен»,- деген ой келди. Шайтан жыланға айланып, Эден бағына киреди...
Бир күни Ҳаўа-ене жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегиниң қасында турғанда бир даўысты еситти:
- Ҳаўа-ене!
Ҳаял қорқып кетип: «Мениң менен сөйлесип атырған ким?» – деп сорады. Сонда бирден қасында турған жыланды қөрди.
- Қудай сизлерге бағдағы барлық тереклерден жеўди қадаған еткени ырас па?- деп сорады ол. Ҳаўа-ене:
- Яқ, Ол олай демеди. Бизлерге ҳәмме теректиң мийўелеринен жеўге болады, тек ғана усы теректиң мийўесинен жеўге болмайды, болмаса бизлер өлемиз, ̵ деп жуўап берди.
Сонда Шайтан:
- Сизлер өлмейсизлер, Қудай сизлердиң оларды жемеўиңиз ушын айтты. Себеби Ол егер сизлердиң бул теректиң мийўесинен жесеңиз көзлериңиз ашылып жақсылық ҳәм жаманлық не екенин билетуғыныңызды ҳәм Өзи сыяқлы болатуғыныңызды биледи, – деп алдайды.
Сол сөзлерден кейин жылан жоқ болып кетти. Ҳаўа-ене мийўелерге қараўды даўам етти. Ол: «Қалайынша аңсат ғана Қудайға уқсас болыў мүмкин», – деп ҳайран болды. Ол қорқып бир мийўеге қол тийгизди, ҳеш нәрсе жүз бермеди. Кейин ол бир мийўени үзип алды да, тиследи. Ҳаўа-ене өлип қалмады. Мийўениң дәми мазалы еди. Сол ўақытта оның қасына Адам-ата келди.
- Адам-ата сен де алып, дәмин көр, мен тислеп көрдим, бирақ көрип турғаныңдай өлмедим! – деди Ҳаўа-ене.
Адам-ата көп күтпей бир мийўени алып тиследи. Екеўи де өлмеди, бирақ дәрҳәл бир нәрсе өзгерди, өйткени жерге өлимшилик келди. Ал адамның жүрегине жаўызлық ҳәм гүна кирип келди. Гүна – бул Қудайға бойсынбаўшылық, Оның буйрықларын бузыў дегени. Өлим – бул гүнаға берилетуғын жаза. Солай етип, адамлардың толық бахтының ақырғы күнлери келди. Шайтанға усы керек еди. Бирден Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене өзлери жалаңаш екенин сезип, бир-биринен уяла баслады. Олар үлкен жапырақларды жулып алып, өзлерине кийим ислеп алды. Өзлеримизди өзлеримиз еплеймиз, деп ойлады бирақ бәри бирде бир нәрсе оларға тынышлық бермеди. Биринши адамлар албырай баслап, соңынан олар алдын сезип көрмеген бир өзгеше сезимди сезе баслады. Бул сезим айыплылық сезими еди.
Кеш болғанда Қудай бағқа келди. Сол ўақытта Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайдың жүрип киятырғанын еситип, бағдағы тереклердиң артына жасырына баслады. Баста Қудай олардың Досты еди, ал енди болса олар Оннан қорқа баслады. Гүна адамлар менен Қудайдың арасындағы әжайып қарым-қатнасты бузды. Бул ўақыядан алдын адамлар Қудайға исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен келетуғын еди, ал енди болса олар жасырына баслады.
Қудай жақынлап келди ҳәм даўыслап шақырып:
- Адам, қай жердесең? ̵ деп сорады.
Ол Адамды таба алмағаны ушын емес, ал Ол Қудай болғаны ушын ҳәмме нәрсени де, ҳәмме адамларды да көреди. Оның шақырыўының себеби Қудай Адам Ата ҳәм Ҳаўа Енени излеп атырғанын түсиндириў еди.
- Адам Ата Қудайдан жасырыныў қандай ақылсызлық екенин ойлады да: «Мен усы жердемен, Сениң даўысыңды еситип жалаңаш екенимнен уялдым» ̵ деп жуўап берди.
- «Сен жалаңаш екениңди ким айтты? » -деп сорады Ол. «Усы күнге шекем сен буннан уялмайтуғын едиңғо, демек сен қадаған етилген теректиң мийўесинен жегенсең» ̵ деди Қудай.
Адам Қудайға қараўға да батына алмады.
– Сол мийўени маған Сен берген ҳаял берди, – деп әстен жуўап берди ол.
Қудай Ҳаўа-енеден:
– Сен не ушын бундай қылдың? – деп сорады.
Ҳаўа-ене:
– Көп нәрсени ўәде етип, шайтан мени алдады. Мен оның өтирик сөзине исенип қалыппан, – деп өзин ақлаўға ҳәрекет етти.
Сонда Қудай жыланға:
– Ислеген исиң ушын нәлетий боласаң!Ҳәмме ўақытта адамлар сениң душпаның болады. Бир күни бир Адам келеди ҳәм Ол сени жеңеди! – деди.
Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене Қудайдың ким ҳаққында айтып атырғанын түсинбеди. Себеби олар Қудайдың бул дүньяға Қутқарыўшыны жиберетуғынын ҳәм сол Қутқарыўшы жаўызлықты жеңетуғынын билмейтуғын еди.
Соңынан Қудай Ийе былай деди: «Мине, адам жаманлық пенен жақсылықты билип, Бизлердиң биримиз сыяқлы болды. Адамлар Мендей болыўды қәлейди, бирақ олар жаўызлық дозағына қарсы турыў ушын ҳәлсиз, соның ушын олар және өмир терегиниң мийўесин жеўин қәлемеймен».
Солай етип, Қудай Адам-ата менен Ҳаўа-енеге:
– Сизлер бағдан кетиўиңиз керек. Ҳаўа-ене сен балалы боласаң, бирақ олар дүньяға келгенде саған азап береди. Ал сен, Адам-ата өз шаңарағыңды тойдырыў ушын аўыр жумыс ислейсең, сениң атызларыңда шеңгел ҳәм ошаған өседи, өмириңниң ақырына дейин тыным билмейсең. Кейин сениң денең қайтадан топыраққа айланады, себеби сен топырақтан жаратылдың, – деди.
Адамлар жәннеттен кетпестен алдын, Қудай оларға териден кийим ислеп берди. Солай етип, Қудай адамлар Оған бойсынбаса да ҳәм Оның қасында жасаў мүмкиншилигин жойтқан болса да, оларға ғамхорлық етти.
Солай етип, Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене жәннеттен қуўылды. Өмир терегин ҳәм бағды қорғаў ушын керубларды ҳәм отлы қылышты қойды. Соннан баслап адамлар әжайып Эден бағының сыртында жасай баслады. Бирақ... Қудай оларға Қутқарыўшыны ўәде етти!
СОРАЎЛАР
1. Қайсы теректиң мийўесин жеў Адам-ата менен Ҳаўа-енеге қадаған етилген еди?
2. Ҳаўа-енеге сол теректиң мийўесин жеўди ким кеңес етти?
3. Қудай Адам-ата менен Ҳаўа-енеге не ўәде етти?