Мухаддес Китап ўақыялары 20 bob

Қызыл теңиз суўлары арқалы

Мухаддес Китап, Шығыў китабы 13:20–22; 14; 15:1, 22– баплар ҳәм аятлар

Қызыл теңиз суўлары арқалы Мухаддес Китап, Шығыў китабы 13:20–22; 14; 15:1, 22– баплар ҳәм аятлар

Израил халқы кетиўи менен фараон  Мысырдан шығып кетиўине оларға рухсат бергенине пушайман болған еди.

  – Бизлер оларға жетип алыўымыз керек! – деди ол әскерлерине, – Бизлер оларды қайтарып алып келип, қатты жазалаймыз. Тез шабатуғын атларға жегилген еки дөңгелекли саўаш арбаларда, басшылары қасында турған арбаларға жайласқан оқжайшылар жәрдеминде мысырлылар олардың излерине қарай атланды.

Израил уллары Қанан елине қарай жүрип кетти. Қудайдың Өзи оларға жол көрсетти. Ол күндиз минара сыяқлы булт көринисинде  олардың алдында жүрген болса, ал түнде сондай минара сыяқлы от көринисинде, олардың  жолларына жақтылық пенен тәмийинлеп жүрди. Булт тоқтағанда, Муўсаның буйрығы менен халық шатырларын тигип, дем алды. Бирақ булт ҳәрекетлене баслаған ўақытта, израиллылар және жолға түсти.

  Солай етип, олар Қызыл теңизге жетип келип, теңиз жағасына жайласты. Олар шатырларын еле тигиўге үлгермей атырғанда, ойламағанда арқадан атлардың даўысын ҳәм дүбирлисин еситти. Мысыр тәрепке қарап, Израиллылар узақтан фараонды, оның атлы арбаларын ҳәм атлы болған көп әскерлерин көрди. Фараон оларды Мысырға қайтарыў ушын қуўып киятырған еди.

 

Израиллылар албырап, жақынласып киятырған арбаларға қарап қатып қалды. Не ислеў керек? Алдында теңиз, артында фараон өз әскерлери менен. Израил халқы жүдә қорқып, Муўсаны былай деп айыплай баслады:

  – Неге бизлерди шөлде өлиўге алып келдиң? Бул жерде өлгенимизден гөре, мысырлыларға қул болып қалғанымыз жақсы еди.

  Бул сөзлери менен олар шүкирликсизлик қылды, бирақ Муўса оларды мүләйимлилик пенен исендирип, былай деди:

  – Қорқпаңлар! Бүгин Жаратқан Ийе сизлерге қалай жәрдем беретуғынын көресиз! Ол сизлер ушын гүреседи, сонлықтан, сизлер өзиңизди басып, тынышланың!

  Соңынан, ғайрытәбийий бир ўақыя жүз берди: күндизи израил халқының алдында жүрип, оларға жол көрсетип жүрген булт Израил халқы менен Мысыр әскерлери ортасына жайласып турып алды. Мысырлылар тосаттан өзлериниң алдында қалың бултлы дийўалды көрди. Бул оларды қорқынышқа салды ҳәм фараон оларға булт кеткенше күтиўди буйырды.

  Бул булт мысырлылар тәрепинде қаншелли қараңғы болса, Израил уллары тәрепинде жолға соншелли жақтылық таратып туратуғын еди. Израиллылардың қорқынышы бираз кемейди. Бирақ олар енди не ислеў керек еди? Ҳәмме Муўсаға қарады, сол ўақытта Қудай оған былай деди:

– Таяғыңды көтер, қолыңды теңизге соз ҳәм Израил халқы қурғақлықтан, теңиздиң ортасынан өтеди.

  Муўса теңиз бойында турып, қолын суўға қарай көтерди. Теңиз көбикленип, самал көтерилип, ол барған сайын күшейип бара берди. Самал соншелли күшли ескенликтен, ҳәттеки, суўды жән-жаққа ысырып  жиберди. Теңиз ортасында кең қурғақлық пайда болды. Ақырында, олардың алдында өтиў ушын жол пайда болды. Жолдың еки тәрепинде суў дийўалдай болып, самал тәрепинен услап турылды. Қудай кәрамат көрсетти!

Израиллыларға батырлық қайтып келди. Олар шаңарақ изинен шаңарақ болып, теңиздиң ызғар ултаны менен жүрип баратырған Муўсаның изинен жүре баслады.

 

Бултлар мысырлылар алдынан әсте көтерилгенинде, олар асығыслық пенен атларын шаба баслады. Теңизден өтип атырған жолды көрип, олар сол жол бойлап  жуўырды. Көп өтпей, арбалардың дөңгелеклери ызғар болған қумға бата баслады, бирақ фараон ары келип өз әскерлерин алдыға илгерилей бериўге шақырды. Усы ўақыт аралығында пүткил израиллылар теңиздиң басқа тәрепине жетип алған еди. Муўса теңизге бурылып, таяғын оның үстине түсирди. Самал сол ўақыттың өзинде ақ есиўди тоқтатып, теңиз суўлары бурынғы орнына, артқа қайтты. Израиллылар таң қалып, теңизге қарап турды. Мысырлылар суўдың астында көринбей қалды, тек ғана бирнеше арба бөлеклери суў үстинде қалқып жүрген еди.

  Израиллылардың барлығы бир адамдай қуўанышқа толып, Муўса менен бирге салтанатлы алғыс қосығын айтты.

  – Ийем  мениң күш-қудиретим ҳәм даңқым мениң. Ол мениң қутқарыўшым болды. Ол мениң Қудайым, соның ушын мен Оны ҳәр қашан уллылайман!

 

СОРАЎЛАР:

1. Не ушын мысырлылар израиллылардың изинен қуўа баслады?

2. Ийемиз фараон әскерлерин қалай тоқтатты?

3. Қудай теңизди қалай етип екиге бөлди?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.