Манна ҳәм жартас
Мухаддес Китап, Шығыў китабы 16;17:1-7 аятлары
Израиллылар шөл бойынша жүрип, адамлар ҳәм маллары суў ишетуғын булақтың қасында тоқтады. Ол жерде саясында дем алыў ушын әнжир пальма ағашлары өсип турған еди. Соннан соң, олар Син шөлине қарай жолға шықты. Олар Мысырдан шыққанда өзлери менен бирге азғантай нан алып шыққан еди, бирақ ол жерге келгенде олардың нанлары таўысылып қалған еди. Енди олар не жейди? Израиллылар аўқатты Қудайдан сораўы керек еди. Қудай оларды сүйгенликтен, олардың аштан өлип кетиўине жол қоймайтуғын еди. Деген менен, Қудайға исенип үйренбеген израиллылар және тоңқылдай баслады. Олар Муўса менен Харонға барып, былай деди:
– Қәнекей, Мысырда-ақ Жаратқан Ийениң қолынан өлип қоя қойғанда болар еди. Ол жерде гөшимиз көп болып, тойғанымызша нан жер едик. Бирақ сизлер пүткил халықты ашлықтан өлтириў ушын, ол жерден усы шөлге алып келдиңиз.
Қалай етип олар Қудайға ҳәм Муўсаға миннетдар болмаған екен! Бирақ мийрим-шәпәәтли ҳәм сабырлы Қудай Муўсаға былай деди:
– Мен халқымның сөзлерин еситтим, оларға аўқат беремен.
Ертеңине азанда израиллылар шатырларынан шыққанда, жердиң аппақ болып турғанын көрди.
Муўса халыққа:
– Мине, бул Қудайдың аспаннан жиберген наны, оларды терип алың да, шатырларыңызға алып барың, – деди.
Израиллылар сол аспаннан түскен маннаны (нанды) тере баслады ҳәм ол ҳәммесине жетерли болды.
Қудай оны ерте азанда жаўдырды ҳәм ҳәр бир адам оны ерте азанда терип алыўы шәрт еди. Себеби манна қуяштан ерип кететуғын еди. Муўса оларға былай деди:
– Маннаны ертеңги күн ушын терип алмаң, зыят етип алмаң, өйткени Қудай оны ҳәр күни жаўдырады.
Бирақ базы бир адамлар Муўсаға қулақ салмады ҳәм ертеңги күни ушын маннадан сақлап қойды. Сонда олар сақлап қойған маннаны азанда жейин деп қараса, оның қуртлап кеткенин көреди. Ҳәммесин таслап жибериўге туўра келген еди!
Усыдан кейин тез арада израиллылар суўдың жетиспеўшилигине дус келди. Шөлде дәрья да, көл де, қудық та жоқ еди. Бирақ Қудай адамлардың шөлден өлиўине жол қояр ма еди? Әлбетте, яқ. Деген менен, израиллылар Қудайға емес, ал Муўсаның алдына тоңқылды менен келип, былай деди:
– Сен не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтың? Бизлерди, балаларымызды ҳәм малларымызды шөлден өлтириў ушын ба?
Олар соншелли ғәзепке минген еди, ҳәттеки Муўсаны тас боран қылыўға таяр турған еди. Ал Муўса усы мүтәжлик пенен және Қудайға хабарласты.
– Бул халыққа не ислейин? – деди.
Сонда Қудай Муўсаға былай деди:
– Таяғыңды ал да, Израил ақсақалларының айырымларын изиңе ертип, алға қарай жүр. Кейин сол жердеги жартасқа барып, оны таяғың менен ур ҳәм оннан суў атлығып шығады.
Муўса жартасқа таяғы менен урғанда, оннан таза ишетуғын суў атлығып шықты. Шөллеп, таңлайы кеўип турған халық ушын бул қандай рәҳәт болған еди!
Олардың еринлери кеўип, тиллери ҳәм тамақлары шөлден от болып турған еди. Ал енди болса олар шөллери қанғанша ишип, суўдан гүзелерин толтырып алыўына болады, және де, барлық малларын да суўғара алатуғын еди.
Израил халқы шөлде болған ўақытта, халық Қудайға тоңқылдап, исенимсизлик көрсеткен болса да, Қудай оларды таслап кетпеди.
СОРАЎЛАР:
1. Шөлистан нени аңлататуғын еди?
2. Израиллылар аш болғанда, не қылған еди?
3. Қудай оларды қалайынша тойдырған еди?
4. Маннаны зыяты менен терип, сақлаған ўақытта, не ушын манна бузылып кетти?
5. Израиллылар суўы қалмаған ўақытта, не қылған еди?
6. Қудай оларға қаяқтан суў берди?