Синай таўы
Мухаддес Китап, Шығыў китабы 19; 20; 24; 31:18 аят.
Израил халқы таўдың етегине шатырларын тикти, өйткени минара сыяқлы булт сол жерде тоқтаған еди. Қудай Муўсаға таўға шығыўын буйырды, сол жерде Ол Муўсаға қандай да бир жүдә әҳмийетли нәрсени ашып бермекши еди. Муўса таўға көтерилгенде, Қудай оған:
– Израил халқын Мысыр жеринен алып шығып, Мениң қандай мийрим-шәпәәтли екенимди көрдиң. Төмен түсип, олардан сора, Мениң буйрықларымды орынлаўды қәлейме екен? – деди.
Муўса таўдан төмен түсип, израиллылардан: «Қудайдың даўысына қулақ саласыз ба?», – деп сорады. Олар:
– Аўа, Жаратқан Ийе не айтса, соны орынлаймыз, – деп жуўап берди.
Сонда Муўса және таўға көтерилди ҳәм Қудайға халықтың жуўабын жеткерди:
– Израил халқы Сениң буйрықларыңды орынлайтуғынын айтты.
Қудай былай деди:
– Муўса, Мен халыққа сен арқалы сөйлеймен. Халыққа бар да, оларға Мен айтатуғын сөзлериме таяр болыўын буйыр.
Муўса израиллыларға барып, былай деди:
– Үш күннен кейин Қудайдың даўысын еситесиз ҳәм таўдың төбесинде булт ишинде Оны көресиз. Буған тайын болыңлар, Жаратқан Ийениң алдында таза аппақ кийимде турыў ушын, кийимлериңизди жуўыңлар.
Муўса ҳеш бири билместен таўға жақынлап ямаса таўға қолын тийгизип алмаўы ушын, оларға таўдың әтирапына шегара сызыўды буйырды. Егер олардың биреўи таўға жақынласа, ямаса қолын тийгизсе, өлип қалыўы мүмкин еди. Және де, усы таўға маллары да жақынламаўы тийис еди, себеби ол жер Жаратқан Ийениң даңқы менен толыўы шәрт еди. Үш күннен соң таңда күшли гүлдирмаманың гүркирегени еситилди, буннан халық қорқынышқа түсти. Муўса оларға шатырларынан шығыўды ҳәм Қудайға нәзер таслаўды буйырды. Олардың көз алдында қорқынышлы көринис пайда болды. Синай таўы түтин менен қапланып, қатты силкинип турған еди, өйткени Жаратқан Ийе таўдың төбесине от ишинде түскен еди. Гүлдирмама гүркиреп, шақмақ шағып, таў қойыў түтинге қапланып турған еди, ал пүткил халық қорқыныштан титирип турған еди.
Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Таўдың басына, жоқарыға Мениң алдыма шық, – деди.
Муўса Оған бойсынды ҳәм халықтың көз алдында таўға шықты.
Қудай оған былай деди:
– Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен. Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама. Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаныўшы Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман. Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.Қудайың Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе Өзиниң атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақла. Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. Себеби Мен, Жаратқан Ийе алты күн ишинде аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардағы пүткил барлықты жаратып, жетинши күни дем алдым. Сонлықтан Мен Шаббат күнин жарылқап, оны мухаддес қылып айырдым. Ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады. Адам өлтирме. Неке ҳадаллығын бузба. Урлық ислеме. Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме. Ҳеш бир адамның үйин күсеме. Оның ҳаялын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме.
Қудай сөйлеп болғанда, халық қуўанышқа толды, себеби олар Қудайдың күшли даўысын қорқыныш пенен тыңлаған еди. Муўса таўдан түскенде, израиллылар оның қасына келип, былай деди:
– Қудай бизлерге енди сөйлемесин, соны айт, өйткени бизлерди қорқыныш қаплады. Қудай саған сөйлесин, Муўса, ал сен бизлер менен өзиң сөйлес.
Сонда Муўса және гүркиреген булттың ишине қарай, таўдың жоқарысына көтерилди ҳәм Қудайға халықтың илтимасын жеткерип:
– Халық Сениң даўысыңды және еситиўден қорқып атыр, – деди.
Қудай:
– Олар Меннен қорқып атырған болса, жақсы екен. Мен саған сөйлеймен, ал сен Мениң сөзлеримди оларға жеткересең, – деди.
Қудай Муўсаға таўға шығыўын ҳәм сол жерде Өзи менен бирге жалғыз қалыўын буйырды. Муўса ол жерде қырық күн, қырық түн болды ҳәм сол ўақыт аралығында ол ҳеш нәрсе жемеди де, ишпеди де. Деген менен, Жаратқан Ийе оның жанын сақлады ҳәм оған булт ишинен сөйледи.
Мухаддес Китап Қудайдың израил халқына Өзине Мухаддес шатыр қурыўды буйырғанын айтады. Бул шатырды жыйнап, бир орыннан басқа орынға көширип, қайта қурыўға болатуғын еди. Бул шатырды Мухаддес шатыр ямаса Ушырасыў шатыры деп атайтуғын еди. Он буйрық жазылған мухаддес тасты сақлап қойыў ушын, олар иши ҳәм сырты алтын менен қапланған акация ағашынан сандық таярлаўы керек еди. Бул сандықты – Келисим сандығы деп атады.
Соннан кейин, Қудай Өзи он буйрықты еки тасқа жазып, оларды Муўсаға берди.
СОРАЎЛАР
1. Қудай сөйлесиў ушын кимди таўдың жоқарысына шақырды?
2. Таўдың етеклерине не ушын сызық сызылған еди?
3. Халық не ушын Қудайдың даўысын артық еситиўди қәлемеди?
4. Муўса таўдың жоқарысында қанша ўақыт қалды?
5. Қудай Муўса менен сөйлесип болғаннан соң, оған не берди?