Алтын тана
Мухаддес Китап, Шығыў китабы, 32 ҳәм 33-баплар
Муўса Қудай менен сөйлесип, Синай таўында узақ ўақыт қалды. Халқы оның келиўин сабырсызлық пенен күтти. Израиллылар Муўсаны күтип, ақыры сабыры таўысылды. Олар табыныў ушын басқа халықлардики сыяқлы өз қудайын соғып алыўды шешти. Адамлар Харонның бут соғып бериўин өтинип, мазасын алды, ақыры Харон олардың айтқанын қылды.
– Яқшы! – деп бақырды ол, – Мен сизлерге қудай соғып беремен!
Ол халықтың айтқанын орынлаўы арқалы, Қудайдың буйрығын бузып атырғанын билетуғын еди, бирақ оған ҳәммеге қарсы тура алатуғындай батырлық жетпеди. Харон халықтың қурбанлық етип берген алтын жүзик ҳәм сырғаларын жыйнап, оларды еритти де, тана мүсинин соқты. Соғылған мүсинди ол халықтың алдына қойды, сонда ҳәммеси шадланып:
– Мине, бизлердиң қудайымыз! – деп бақырысты.
Муўса таўдан түсип киятырғанда, халықтың шадланып, бақырысып атырғанын еситти. Ол бир көргеннен-ақ, не жүз бергенин түсинди.
– Аҳ, сизлер, гүнакарлар! Қудайға исеними жоқ – сизлер! – деп бақырды Муўса.
Оның көзи көз жасына толып кетти. Израил урпағы бузылды, тири Қудайды таслап кетти ҳәм қолдан соғылған танаға сыйынып атыр!
Усы қорқынышлы гүна жүз бергенде, Муўсаның жүрегинде ғәзеп оты жанды. Ол келисим жазылған тасларды жоқары көтерди де, бар күши менен жартасқа урды, келисим таслары болса майда бөлеклерге бөлинип кетти.
Кейин Муўса алтыннан соғылған тана мүсинин жоқ қылыўды буйырды.
Ол:
– Сизлер аўыр гүна қылдыңлар. Бирақ мен және таўға көтерилип, Қудайдан сизлерди кешириўин сорайман. Мүмкин, Қудай және сизлерге сабыр-тақаат етер, – деди.
Муўса және Синай таўына көтерилди ҳәм өз халқы ушын Қудайдан кеширим сорады. Ол:
– Егерде халықты кешире алмасаң, егер Сен оларды өлтирмекши болсаң, онда мени де өлтир, – деп жалбарынды. Қудай оған:
– Мен тек ғана гүна қылғанларды жазалайман, ал Израил халқын жоқ қылмайман. Барыңлар, Мен Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа ўәде еткен жерди ийелеп алыңлар. Ал Мен сизлер менен бирге бармайман, – деп жуўап берди. Муўса:
– Жаратқан Ийе, егер Сен бизлер менен бармасаң, онда мен де халықты ол жаққа қарай алып барыўды қәлемеймен, себеби Сенсиз бизлер өлип кетемиз! – деп жалбарынды. Қудай былай деп жуўап берди:
– Мен сени жақсы көремен, Муўса, сонлықтан да сениң илтимасыңды орынлайман. Мен халықтың гүнасын кеширемен ҳәм ўәде еткен жериме сизлер менен бирге бараман.
Бир неше ўақыттан соң Қудай Муўсаға басқа таза еки тас таярлаўды ҳәм оған он буйрықты жазыўды буйырды.
СОРАЎЛАР:
1. Израиллылар қудай соғып бериўин сорап кимге хабарласты?
2. Харон қандай ҳайўанның сүлдерин соқты?
3. Жаратқан Ийе халыққа не ислеўди қәлеген еди?
4. Муўса таўдан түскенде, не қылды?