Жансызлар
Мухаддес Китап, Санлар китабы, 13 ҳәм 14-баплар
Нун улы Ешуа:
– Бул шынында да байлыққа толы жер, – деп хабар жеткизди.
Муўса сол ўәде етилген жердиң қандей екенин көрип келиўи ушын Ешуаны ҳәм басқа он бир урыўдан болған ўәкиллерди қосып жиберди. Қырық күн даўамында олар жерди айланып көрип шықты. Мине, олар қайтып келгенде, халыққа өнимдар егис майданлары, жайлаўлары ҳәм тоғайлары ҳаққында айтып берди. Олар өзлери менен бирге жүзим солқымын алып келди. Бул солқым соншелли үлкен болғанлықтан, буны еки адам ийинлерине асып, көтерип келиўге мәжбүр болған еди. Барлық жансызлар бир даўыстан былай деп тастыйықлады:
– Қанан – бул сүт ҳәм бал ағып турған жер екен.
Кейин олар бираз екиленип қалды. Ақырында, олардың ишиндеги биреўи бир шешимге келип, былай деп хабарлады:
– Муўса, бул жер қаншелли жақсы болғаны менен де, бизлер оны ийелей алмаймыз. Ол жерде жасап атырған халықлар, жүдә күшли!
Сол жерди көрип қайтыў ушын барған басқа адамлар да сол жердеги дәў адамлар ҳәм қаланың дөгереги айлана қоршалған дийўаллар ҳаққында айта баслады.
Жыйналған халық қатты ғәзепленисип, дад салысты. Ҳәммеси ғәзепке толған еди ҳәм Муўсаны усы шарасыз жағдайға алып келди, деп айыплады. Күтилмегенде, сол аламан ишинен биреў даўысын көтерип сөйлей баслады. Бул сол жаңа жерди көрип шығыўға барған Яҳуда урыўынан болған Калеб еди.
Ол:
– Бизлер оларды жеңе аламыз! Маған исениңлер! Алды менен Қудайға исениң! Ол усы жерди бизлерге бериўди ўәде қылды. Ол бизлерге жәрдем береди!
Сонда Нун улы Ешуа Калебти қоллап-қуўатлап:
– Қорқақлық қылмаңлар! Қорқыныштың көзи нәҳән болады, яғный қорыққанға қос көринеди. Тек ғана Қудайға қарсы шықпаңлар!
Ғәзепли даўыслар Нун улы Ешуа менен Калебтиң сөзин бөлип таслады. Ашыўланып, ғәзепке минген адамлар оларды тыңлағысы да келмеди. Сонда күтилмегенде Мухаддес шатырдың үстинде булт анық көринди – бул Жаратқан Ийениң даңқы Мухаддес шатырда көринген еди. Сол ўақыттың өзинде аламанның тоңқылдысы тынышланып қалды. Муўса Қудайдың израиллыларға не айтажағын билиў ушын, Мухаддес шатырға қарай асықты.
Ғәзепленген Қудай мынадай ҳүким шығарды:
– Бул халық Маған аз исенгени ушын, оларды иллет пенен жазалайман!
Муўса усы рет те халықтың гүнасын кешир, деп Қудайдан жалбарынып сорады.
Қудай былай деп жуўап берди:
– Яқшы, Мен бул халықты сен сорағаның ушын өлтирмеймен. Бирақ Мысырда, шөлде Мениң кәраматларымды көрсе де, өз басымшалық етип атырғанлардың ҳәммеси ата-бабаларына беремен деп ўәде еткен жерди көрмейди. Ўәде етилген жерге кириўине оларға жол қоймайман!
Халық қырық жыл даўамында шөлде гезип жүреди, соннан кейин барып, усы жаңа жерди ийелейди. Сол ўақыт аралығында жасы үлкен адамлардың ҳәммеси өледи, тек ғана Нун улы Ешуа менен Калеб ҳәм ҳәзирги жас балалар Қанан жерине кире алады!
СОРАЎЛАР
1. Жерди кимлер көзден өткерип келиўи керек еди? Олар нешеў еди? Олардан екеўин атап өтиң.
2. Олар Қанан жеринде нени көрди?
3. Бул ўақыя бизлерге нени үйретеди?