Мухаддес Китап ўақыялары 25 bob

Жартастан аққан суў

Мухаддес Китап, Санлар китабы, 20: 1-13-аятлар, 22-29-баплар

Жартастан аққан суў Мухаддес Китап, Санлар китабы, 20: 1-13-аятлар, 22-29-баплар

Израиллылар бир орыннан екинши орынға көшип, шөлде узақ жылларды өткерди. Бир күни олар суў жоқ жерге келди. Сонда олар не қылды? Қудайға дуўа етти ме ямаса тоңқылдап баслады ма? Тилекке қарсы, олар қандай да бир сынаўға дус келгенде, ҳәмме ўақытта әдетте қылғанындай, Муўса менен Харонға қарсы шықты. Олар былай деди:
– Неге бизлер алдынырақ өлип кетпедик? Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңлар, шөлде өлиўимиз ушын ба? Бул жерде әнжир де, жүзим де, улыўма ҳеш қандай мийўелер жоқ, ҳәттеки ишетуғын суў да жоқ!
Олар өзлериниң Қудайға исенбегени ушын шөлде қалғанын умытып та кетти. Бул тоңқылдыны еситип, Муўса менен Харон қатты қапа болды. Олар халықтан узағырақ жерге барып, Ушырасыў шатырының алдына келди де, ет-бети менен жерге жығылды да, дуўа етти. Көп ўақыт өтпей Қудай оларға сөйледи.

Ол Муўсаға былай деди:
– Таяғыңды алып, халықты бир жерге жыйна. Кейин жартастың қасына барып, оған суў бериўин айт ҳәм жартастан суў шығады.
Ал  Муўса ҳәм Харон халыққа соншелли қатты ғәзепленген еди. Олар:

– Ҳәй, бойсынбайтуғын халық, мына жар тастан сиз ушын суў шығарып бериўимиз керек пе екен? – деди.  
 

Кейин Муўса қолындағы таяғын жоқары көтерди де, жартасты еки мәрте урды: суў атлығып шықты, халық суў ише баслады ҳәм малларын да суўғарды.
Муўса менен Харон дурыс ис-ҳәрекет қылды ма? Муўса бир неше қәтеге жол қойды. Ол жартасты таяғы менен урыўының ҳәжети жоқ еди, ал тек ғана оған айтыўы керек еди! Оннан қала берсе, Муўса да, Харон да жартастан суў шығатуғынына екиленген еди. Сонда да Жаратқан Ийе халқына мийримин түсирип, суў берди. Сонда Қудай Муўса менен Харонды жазалап:
– Усылай ислегениңиз ушын, сизлер Қанан жерине кирмейсизлер, – деди.
Бул олар ушын жүдә қатал түрдеги жаза еди. Муўса көбинесе Ибрайымның қурбанлық орнын қурып, Қудайға сыйынған Қанан жерин көриўди жүдә қәлеп жүрген еди. Бирақ усы ўақыядан соң, оның әрманы пушқа шыққан еди.

Муўса жер жүзиндеги ең кишипейил инсан болған еди. Израиллылар көбинесе оған наразы болды, оған урысып, қатты сөйледи, бирақ ол ҳеш қашан оларға қарсы гәп қайтармады. Ол тек ғана усы жерде өзин услай алмай қалған еди.

 

СОРАЎЛАР


1. Халық және суў болмай қалған ўақытта не иследи?
2. Жартастан суў шығарыў ушын, Қудай Муўсаға қандай буйрық берген еди?
3. Муўса буның орнына не қылды?
4. Қудай Муўса менен Харонды қалай жазалады?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.