Мыстан соғылған жылан
Мухаддес Китап, Санлар китабы, 21: 4-9 аятлар
Израил халқы узақ ўақыт даўамында шөлде жүрди. Базыда олар Қанан жерине жүдә жақын барған ўақытта, булт басқа тәрепке қарай жылжыды ҳәм израиллылар және шөлге қайтыўына туўры келди. Бул оларды жүдә қапа қылды, өйткени олар ўәде етилген жерге кириўди әрман еткен еди. Егерде халық шөлде қозғалаң көтерип, тоңқылдамағанда, Жаратқан Ийе оларды әлле қашан Қанан жерине киргизген болар еди. Бирақ Қудай оларды жаза сыпатында оларды сол жерге узақ ўақыт киргизбеди. Бир күни олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы және қозғалаң көтерип:
– Не ушын сизлер бизлерди Мысырдан алып шықтыңлар? Бизлер шөлде аштан өлип кетемиз. Бул жерде нан да, суў да жоқ, ал мына манна бизлердиң гегирдегимизге келди,- деди.
Бул ушын Қудай еврейлерге қатал жаза жиберди: оларды шағатуғын уўлы жыланларды жиберди. Усы жыланлардың шаққан уўынан көп адамлар өлди. Сонда израил халқы тәўбеге келип, Муўсаға:
– Бизлер Жаратқан Ийеге ҳәм саған қарсы сөйлеп, гүна қылдық. Қудай бизлерди жыланлардан қутқарыўы ушын, Оған дуўа ет, – деди.
Муўса халық ушын дуўа етти. Сонда Қудай оның дуўасын еситип, оған мынадай буйрық берди:
– Мысты алып, оннан жыланның сүлдерин исле. Кейин оны бақан үстине орналастыр. Халыққа айт, жылан шаққан ҳәр бир адам, сол мыстан соғылған жыланға қарасын, сонда олар тири
Орданың ҳәр бир жеринде болған зәҳәрден зыянланған адамлар мыстан соғылған жыланға нәзерин таслап, көре алатуғын еди. Шаққан жерлери тәўир болыўы ушын мыс жыланға қараўдың өзи олар ушын жеткиликли еди. Солай еткен жағдайда олардың ден саўлығы да, күши де қайтып тикленетуғын еди. Қудайға исенип, сол мыс жыланға қараған израиллылар тәўир болып, орнынан турып кетти ҳәм Қудайды алғыслады. Бирақ, тилекке қарсы, тәўир болып кетиў ушын, тек ғана мыс жыланға қараўдың өзи жетерли екенине ҳәммеси де исенбеди. Олар исенбеди, қарамады, сонлықтан да өлип кетти. Негизинде, мыстан соғылған жылан емес, ал Қудай өмир бағышлады! Адамлардан Ол тек ғана исениўди ҳәм қутқарылыў беретуғын Оның усылын қабыл етиўди талап қылынған еди.
СОРАЎЛАР:
1. Шөлде узақ қалып, израиллылар не қылған еди?
2. Жаза сыпатында Қудай оларға нени жиберди?
3. Жылан шаққан адамларға шыпа бериў ушын, Қудай Муўсаға не ислеўди буйырды?