Мухаддес Китап ўақыялары 27 bob

Нун улы Ешуа ҳаққында ўақыя

Рахаб ҳәм жансызлар

Мухаддес Китап, Ешуа китабы 1-2 баплар

Рахаб ҳәм жансызлар Мухаддес Китап, Ешуа китабы 1-2 баплар

Муўсаның өлиминен соң, Нун улы Ешуа Израил халқын ўәде етилген жерди ийелеўи ушын таярлап баслады. Егер Ешуа Қудайдың буйрықларына әмел қылып, Оған бойсынса, Жаратқан Ийе оған жәрдем бериўин ўәде етти. Қудай оған:
– Күшли ҳәм мәрт бол. Өйткени Қудайың Жаратқан Ийе сен баратуғын ҳәр бир жерде сениң менен бирге болады! – деди.

Ешуа халыққа үш күнлик жол ушын азық-аўқат таярлаўды буйырды, себеби олар енди Иорданның арғы жағасына өтеди. Бул жерди Қудай оларға беремен деп ўәде қылған еди, сонлықтан да ол ўәде етилген жер деп аталған еди. Ешуа абайлап ҳәрекет етти. Ол алды менен сол жерди, әсиресе Ерихоны көзден өткериў ушын еки жансызды жибериўди шешти. Еки жигит қалаға кирди ҳәм түнеп қалыў ушын, Рахаб деген ҳаялдың үйинде қалды. Оның үйи қаланың дийўалында жайласқан еди. Ерихоның патшасы бул ҳаққында хабар тапқанда, ол өзиниң хызметкерине сол израиллыларды тутқынға алыўды буйырды. Бирақ Рахаб оларды үйиниң төбесине жасырып қойды, ал патшаның хызметкерлерине:
– Сол адамлардың маған келгени ырас. Бирақ мен олардың қай жерли екенин билмеген едим. Геўгим түспестен бурын, қала дәрўазасы жабылайын деп атырғанда, олар шығып кетти. Олардың қай жаққа кеткенин билмеймен. Излеринен дәрҳал қуўып кетсеңиз, жетип аласызлар, – деди.
Патшаның адамлары жансызларды Иордан дәрьясын кесип өтетуғын жерге қарай қуўып кетти. Рахаб мийманларына қарай жоқары көтерилип, былай деди:
 

– Жаратқан Ийениң бул елди сизлерге бергенин билемен. Бизлерди сизлер себепли қорқыныш бийледи. Себеби сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе – жоқарыдағы аспанда да, төмендеги жер жүзинде де Қудай. Сизлерге жақсылық еткеним сыяқлы, сизлер де мениң үй-ишиме жақсылық ететуғыныңызға Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиңлер. Жақынларымды ҳәм олардың үй-ишлерин өлимнен сақлап, ҳәммемизди аман қалдыратуғыныңызды билдиретуғын исенимли бир белги бериңлер. 

Жансызлар Рахабқа оның өзи ҳәм оның шаңарағы аман қалатуғынын айтып, ўәде берди. Сонда Рахаб адамларға арқан менен әйнектен төменге түсиўине жәрдем берди. Кетип баратырып, израиллы адамлар Рахабқа усы елге киргенимизде, мына қырмызы арқанды бизлерди түсирип жиберген әйнегиңе байлап қой, деп айтты. Бул шәртли түрдеги белги болып, усы арқалы оның өзи ҳәм үйинде болған шаңарақ ағзаларының барлығы қутқарылыўы сөзсиз болады. Соннан соң, адамлар қаладан шығып кетти.

Олар табыслы түрде Ешуаға қайтып келди ҳәм өзлери менен не жүз бергенин айтып, мына сөзлер менен жуўмақлады:
– Жаратқан Ийе ҳақыйқаттан да усы жердиң барлығын бизлердиң қолымызға тапсырыпты ҳәм қала турғынлары қорқыныштан қалтырасып жүр.
 

СОРАЎЛАР
1. Жаратқан Ийе Ешуаға нени ўәде қылды?
2. Ешуа Қанан жерине кирместен алдын не иследи?
3. Жансызлар қалай аман қалды?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.