Мухаддес Китап ўақыялары 28 bob

Иордан дәрьясынан өтиў

Мухаддес Китап, Ешуа китабы 3-4 баплар

Иордан дәрьясынан өтиў Мухаддес Китап, Ешуа китабы 3-4 баплар

Ешуа таң азаннан турды да, пүткил Израил халқы менен бирликте Шиттимнен жолға шығып, Иордан дәрьясына келди. Дәрьяның бойына орда қурып, дәрьядан өтиўге таярланды. Ешуа халыққа алды менен пәкленип алыўларын, себеби Жаратқан Ийе кәраматлы әжайып ислер қылатуғынын айтты. Ертеңине Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
– Мен Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, сениң менен де бирге екенимди олар түсиниўи ушын, бүгиннен баслап сени пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қыламан. Сен Келисим сандығын көтерген руўханийлерге: «Иордан дәрьясының жағасына барғаныңызда, суўға аяқ басып, тоқтап турыңлар», – деп буйрық бер.

Ешуа руўханийлерге Келисим сандығын алып, халықтың алдында жүрип барыўды буйырды. Халыққа ол былай деди:
– Бүгин сизлер Жаратқан Ийениң кәраматын көресизлер ҳәм араңызда тири Қудайдың бар екенин билип аласызлар! Келисим сандығы сизлерден алдын Иорданнан өтеди. Ҳәр бир урыўдан бир адамнан, он еки адам сайлап шығарыңлар. Оларға айрықша буйрық бериледи!...

Жаратқан Ийениң сандығын көтерип жүрген руўханийлердиң аяғы Иордан суўына тийиўден-ақ, суў екиге бөлинеди: бир тәрепте суўлар дийўалдай болып топланып жоқары көтерилип турады, ал екинши тәрепи ағып кетеди. Келисим сандығын көтерген руўханийлер дәрьяға аяқ басқанда, ағыс тәрептеги суўлар жоқарыға қарай топланып, тоқтап қалды. Руўханийлер турған жерден узақлаў жерде дәрьяның усы ағыс тәрепиндеги суўлар нәҳән суў дийўалы болып, жоқарылап турды.

 

Екинши тәрепиндеги суўлар болса, дәрьяның ултаны қурғап қалғанға дейин ағыўын даўам етти. Сол жерде үлкен жол ашылды ҳәм руўханийлер Келисим сандығын дәрьяның ортасына дейин көтерип барды. Олар сол жерде тоқтап турды. Барлық израиллылар қурғап қалған дәрьядан, Келисим сандығының жанынан жүрип, Иорданның арғы жағасына өтип алды.

Жаратқан Ийе израиллылардың ҳәр урыўынан оне еки ўәкил Келисим сандығын көтерип турған руўханийлердиң турған жеринен, дәрьяның ултанынан бир-бир тастан алып, халықтың түнеў ушын тоқтаған жағаға апарып қойыўын буйырды. Ешуа Иордан дәрьясының ортасына, Келисим сандығын көтерген руўханийлер турған жерге басқа он еки тас орнатты. Пүткил халық дәрьядан өткеннен кейин, Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер де халықтың көз алдында дәрьядан өтти.

Олар Иорданнан шығыўдан-ақ, суўлар алдынғы жағаны толтырып ағып турғанындай болып, арнадан толып-тасып, ағып баслады. Жаратқан Ийениң бул кәраматына таң қалған халық Гилгалға, Ерихоның шығыс шегарасына орналасты. Ешуа он еки адам алып келген он еки тасты орналастырып, халыққа былай деди:
– Келешекте сизлердиң урпақларыңыз өз әкелеринен: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сораса, оларға Израил халқының Иордан дәрьясының қурғап қалған ултаны арқалы өткенин айтың. Ол буларды жер жүзиндеги барлық халықлар Жаратқан Ийениң қаншелли қүдиретли екенин билиўи ушын ҳәм сизлер де бәрқулла Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыўыңыз ушын иследи.

 

СОРАЎЛАР:
1. Халықтың алдында Келисим сандығы менен кимлер жүриўи керек еди?
2. Иордан дәрьясының суўына не жүз берди?
3. Иорданның бойына қандай естелик орнатылды? Бул нени аңлататуғын еди?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.