Мухаддес Китап ўақыялары 29 bob

Ерихоның жеңилиске ушыраўы

Мухаддес Китап, Ешуа китабы, 5-6 баплар

Ерихоның жеңилиске ушыраўы Мухаддес Китап, Ешуа китабы, 5-6 баплар

Израиллылардан қорққанлығы себепли Ерихо халқы қаланың дәрўазаларын жаўып таслады. Ол арқалы ҳеш ким шықпады да, кирмеди де. Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
– Мен Ерихо қаласын, оның патшасын ҳәм жаўынгерлерин саған тәслим қыламан. Сен пүткил әскерлериң менен бирге алты күн даўамында қала дөгерегин күнине бир мәртебе айланып шығыўың керек. Кәрнай көтерген жети руўханий сандықтың алдында жүрсин. Жетинши күни қаланың дөгерегин жети мәртебе айланыңлар ҳәм сонда руўханийлер кәрнайларын шертсин. Руўханийлердиң кәрнайларды узақ созып шерткенин еситкениңизде, пүткил халық бәлент даўыс пенен бақырсын. Сонда қаланың дийўаллары қулап түседи ҳәм ҳәр бир адам турған жеринен туўры қалаға киреди.

Кейин Нун улы Ешуа Қудайдың барлық буйрықларын руўханийлерге ҳәм адамларға жеткерди. Және ол, барлық гүмис ҳәм алтынлар, барлық мыс ҳәм темир затлар Жаратқан Ийеге тийисли екенин айтты. Сондай-ақ Ешуа халыққа Ериходан ҳеш нәрсе алмаўын, өйткени буның жазасы өлим болатуғынын айтып, ескертти. Израил халқы Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин анық етип орынлады. Израил жаўынгерлери жолға шықты. Олардың алдында жети руўханий кәрнайлары менен, олардың изинен Келисим сандығын көтерген руўханийлер ҳәм олардың изинен кәрнай шерткен израиллылар жүрди.

 

Ешуа өзи буйрық бермегенше, оларға сестин шығармаўды буйырды. Алты күн даўамында олар күнине бир мәртеден қаланы айланып шықты. Жетинши күни ерте таңда олар және сес шығармастан Ерихоны айланып шықты, тек ғана руўхнийлер кәрнайларын шертип жүрди. Халық қаланы жетинши мәрте айланып шыққанда, руўханийлер кәрнайларын шертти ҳәм Ешуа:
– Бақырыңлар!,- деп буйрық берди
Барлық жаўынгерлер қатты даўыслап, бақырысты. Сол ўақытта қаланың дийўаллары силкинип, үлкен таслары жерге қулап баслады ҳәм беккем дийўаллары унырап, қулады. Тек ғана дийўаллардың бир бөлеги, Рахабтың үйи жайласқан жер аман қалды. Израил жаўынгерлери туўры қалаға бастырып кирип барды да, оны тез арада ийелеп алды. Ешуа усы жерге жансыз болып келген еки адамға: «Сол Рахабтың үйине барыңлар. Ант ишкениңиздей, ҳаялды ҳәм оның пүткил жақынларын сыртқа алып шығыңлар», – деди. Үйге кирген жас жансызлар Рахабты, оның ата-анасын, аға-инилерин, ағайинлерин ҳәм оның үйиндеги ҳәмме адамларды алып шығып, Израилдың ордасының жанына, Гилгалға әкелди. Ерихо пүткиллей ўайран болды.

 

СОРАЎЛАР:
1. Израиллылар Ерихоны неше күн избе-из айланып шығыўы керек еди?
2. Олардың алдында кимлер жүрди? Олар нешеў еди?
3. Не ушын Рахаб ҳәм оның жақынлары қутқарылды?

 



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.