Мухаддес Китап ўақыялары 3 bob

Каин ҳәм Абыл

Муқаддес Китап, Жаратылыс китабы, 4-бап

Каин ҳәм Абыл Муқаддес Китап, Жаратылыс китабы, 4-бап

   Қуўылғаннан соң Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене бағдың сыртында жасай баслады. Олардан еки ул туўылды. Олар Каин ҳәм Абыл еди. Олар әкесиндей аўыр жумыс ислеўи керек еди. Каин дийханшылық пенен, ал Абыл болса қойларға шопаншылық етиў менен шуғылланатуғын еди.

   Енди Қудай адамлар менен бағдағыдай жийи келип, көп сөйлеспейтуғын еди. Бирақ Ол ўақты-ўақты менен сөйлесип, оларға мүтәжликлери менен бөлисиўине мүмкиншилик беретуғын еди.

Бир күни Каин менен Абыл Қудайға қурбанлық бериўди шешти. Каин өз жериниң өниминен қурбанлық әкелди. Абыл болса сүриўиндеги ең жақсы туңғыш қойының бирин қурбанлық орынға алып келди. Жаратқан Ийе Абылды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етти, бирақ Каинды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етпеди. Қудай ушын Оның алдына адамның қандай жүрек пенен келиўи әҳмийетли. Каинның жүреги дурыс емес еди. Ол қапа болды ҳәм қатты ашыўланып, қабағы қарыс жаўылды да, өз инисин көре алмай қызғанды.

   Қудай оның жүрегин көрди ҳәм оған өз пикиринен қайтыўына ҳәм ойланыўға мүмкиншилик берди. Қудай оған: «Саған не болды? Жүрегиңе қара, ол қәўип астында. Гүна есик алдында жатыр, бирақ сен оны ишке киргизбе», – деди. Каин тыңламады. Ол Қудайды Абыл сыяқлы сүймейтуғын еди. Ол тек өзин жақсы көретуғын еди.

Ол Абыл ҳаққында ойлаған сайын, оны соншелли жек көре баслады. Сонда қорқынышлы ўақыя жүз берди.
 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Бир күни екеўи де атызда жүргенде Каин иниси Абылға топылып, оны өлтирди. Абылдың қаны жерге төгилди. Абыл жердеги биринши өлген адам еди. Солай етип, Каинның ашыўы инисин өлтириўге алып келди.

Көп ўақыт өтпей, Каин Қудайдың өзине сөйлеген мынадай  даўысын еситти:

– Абыл иниң қай жерде?

Каин Қудайға:
– Билмеймен, мен не инимниң қараўылыман ба? – деп ашыўланып жуўап берди.

   Бирақ Қудай оған:

–  Мен жерде  иниңниң төгилген қанын көрдим .Соның ушын Мен сени жазалайман, өйткени гүнаның өзиңди бийлеп алыўына жол қойдың. Буннан былай уйиңнен кетип гезендеге айланасаң ҳәм ҳеш жерде тынышлық таппайсаң, – деди.

Каин Қудай менен сөйлескен жерден кетти.

Усылай етип Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене еки баласынан да айырылды, себеби Каин олардан узақ жерге кетеди, ал Абыл болса өлди. Олардың Абылды жоқлап қалай жылағанын тек көз алдымызға келтириўимиз мүмкин!

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Бирақ олар Каинның жаўызлыққа қол урғаны ушын буннан да көбирек жылаған болыўы мүмкин.
Не ушын олар шайтан усыныс еткен мийўени жеди? Егер оны жемегенде, олар ҳеш қашан Қудай менен қарым-қатнасынан ҳәм Эден бағындағы өмирден айырылмайтуғын еди, Каин жаўыз болмас еди, ал Абыл болса тири болған болар еди.

   Кейинирек Каин үйленди ҳәм оннан жаўыз, жүреги тас ҳәм Қудайды сүймейтуғын ҳәм Оған бойсынбайтуғын балалар туўылды. Бирақ Қудай Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енени аяп, оларға Қудайға садық болған және  бир ул берди. Оның аты Шит еди. Адам-ата менен Ҳаўа-енеге бул жүдә әҳмийетли еди, себеби олар Каинның урпағынан Қутқарыўшы туўылатуғыны мүмкин емеслигин билетуғын еди. Ал Шиттиң балалары Қудайды жақсы көретуғын еди.

   Солай етип, жер жүзининде еки әўлад өмир сүрип баслады: Каинның балалары ҳәм Шиттиң балалары. Мухаддес Китап Шиттиң балаларын Қудайдың балалары деп, ал Каинның балаларын адам балалары деп атайды.

 

 

 

 

 

 

СОРАЎЛАР

1. Не ушын Қудай Абылдың қурбанлығын қабыл етип, Каинның қурбанлығын қабылламады?

2. Каин не ислеген еди ҳәм не ушын?

3. Не ушын Шиттиң туўылыўы жүдә әҳмийетли еди?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.