Мухаддес Китап ўақыялары 31 bob

Самуел ҳаққында ўақыялар


Жас Самуел

Мухаддес Китап, 1 Патшалық китабы, 3-бап

Жас Самуел Мухаддес Китап, 1 Патшалық китабы, 3-бап
Израиллылар әлле қашан ўәде етилген жерде жасап атыр еди. Олар өз жерлерин душпанлардан қорғады, үйлер қурды, егислик майданларын сүрип, жүзим екти. Қудайдың он буйрығын ишине сақлап, шөлде алып жүрген Мухаддес шатыр, яғный Ушырасыў шатыры енди төбешикке жайластырылған еди. Қудайға дуўа етиўди ямаса қурбанлық етиўди қәлеген адамлар сол жерге баратуғын еди. Руўханий Элий Мухаддес шатырдың кирер аўзында отырып, сол жерге көтерилип киятырған адамларға қарап отыратуғын еди.

Ол қартайған еди, сонлықтан да, руўханийлик ўазыйпасын орынламайтуғын еди, бул ўазыйпаны оның уллары орынлайтуғын еди. Бирақ олар, тилекке қарсы, Қудайға қулақсыз болып, көп жаман ислерди қылатуғын еди. Элийдиң бул ҳаққында хабары бар еди ҳәм ол улларына надурыс ис-ҳәрекет етип атырғанын қатты қайғырып айтатуғын еди. Ал уллары болса, әкесиниң сөзлерине итибар да бермейтуғын еди. Бир күни Элийдиң алдына кишкене баланың қолынан жетелеген бир ҳаял келди. Ҳаял:
– Сәлем! Мениң атым Ханна. Мени таныдыңыз ба? Усы жерде, Ушырасыў шатырының алдында бир неше жыл алдын мен Қудайдан перзент сорап, дуўа еткен едим. Мен сол ўақытта жүдә қайғыға батқан едим. Мен ҳәсиретке толып, жылаған едим, есиңизде ме? Ал енди болса мен қуўанышлыман. Мине, мынаў мениң балам, – деп баласына сүйсинип қарады. – Сол ўақытта сиз өзиңиз маған, Қудай дуўаңызды қабыл етти, деп айтқан едиңиз.

 

Баламның аты Самуел, ол сиз бенен бирге қалыўы тийис. Ол сизге Қудайға хызмет етиўиңизге жәрдем береди. Мен баланы Жаратқан Ийеге бағышлаўды ўәде еткен едим, – деди.
Элий:
– Қудай сени жарылқасын, Самуел! Жүр, мен саған жасайтуғын орныңды көрсетемен, – деди.
Самуел Элийге жәрдем бериўди унатты. Бир күни кеште шаршаған Самуел Мухаддес Келисим сандығына жақын жерде жатып, уйықлап қалды. Ол өзиниң аты айтылып шақырылған даўысты еситип, бирден оянып кетти. Самуел:
– Не болды? – деди.
Ҳеш ким жуўап бермеди, сонда ол Элийге жуўырып барып:
– Шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди.
Бирақ Элий:
Мен сени шақырмадым. Барып, орныңа жат, – деди. Самуел барып, орнына жатты.

 

 

 

«Қызық», - деп ойланды Самуел ҳәм изине қайтып, және уйықлап қалды.– Самуел! – бала және еситип, қорыққанынан титиреп кетти. Ол дәрҳәл Элийге жуўырып барды да:
– Ал енди мени шақырған шығарсыз? – деди.
Элий басын шайқап:
– Яқ, мен шақырмадым, балам. Барып, орныңа жат! – деди.
Самуел және уйықлап қалды. Ол және даўыслап, кимдур оның атын айтып шақырғанын еситти. «Мен және қәтелесиўим мүмкин емес-ғо», деп ойлап, Самуел Элийге қарай жуўырып барып:
– Мен мындаман, Элий! Сизге не әкелип берейин? – деди.
Сонда руўханий баланы Қудайдың шақырғанын түсинди.
Ол Самуелге:
– Барып, орныңа жат. Егер Ол сени және шақырса: «Жаратқан Ийе! Айта бер, қулың тыңлап тур», – деп айт, – деди.
Самуел әсте өз орнына барып, күтип жатты. Сонда және даўыс еситти:
– Самуел! Самуел!
Самуел Оған:
– Айта бер, қулың тыңлап тур, – деп қалтыраған даўысы менен жуўап берди.
Қудай оған былай деди:
– Мен Элийдиң шаңарағына ҳүким шығараман. Улларының ис-ҳәрекети менен Қудайға ҳүрметсизлик қылып атырғанын билсе де, оларға тыйым салмағаны ушын Элийди жазалайман. Еки улы да бир күнде өледи.
Қудайдың усы қорқынышлы хабарын еситип, Самуел азанға дейин көз илмеди. Таң атқанда, Самуел Ибадатхананың есигин ашты. Элий оннан:
– Жаратқан Ийе саған түнде не деди? – деп сорады.
Самуел Жаратқан Ийениң айтқан қорқынышлы хабарын айтқысы келмей, жуўап бериўге асықпады, бирақ кейин Элийге ҳәммесин айтып бериўди шешти. Руўханий азғантай ўақыт үндемеди, кейин басын шайқап, қайғылы түрде былай деди:

 

– Ол Жаратқан Ийе-ғо. Нени мақул көрсе, соны ислесин.

Бир неше жылдан соң, Қудайдың Самуелге сол түнде айтқанларының ҳәммеси анық орынланды. Жыллар өтти, Самуел өсти ҳәм Жаратқан Ийе оның менен бирге болды. Барлық Израил халқы Самуелдың Ийениң пайғамбары болыўға ылайықлы екенин билди. Жаратқан Ийе оған әҳмийетли ҳақыйқатлықты ашып берди, Самуел болса буларды израил хақына жеткерди.

 

СОРАЎЛАР:

1. Не ушын Қудайдың Элийге кеўли толмады?
2. Жаратқан Ийе Самуелди Ибадатханада неше мәрте шақырды?
3. Қудай Самуелге не айтты?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.