Мухаддес Китап ўақыялары 32 bob

Израил халқының патша талап етиўи

Мухаддес Китап, 1 Патшалық китабы, 8-10 баплар
Израил халқының патша талап етиўи Мухаддес Китап, 1 Патшалық китабы, 8-10 баплар
Самуел жүдә қартайып қалған еди. Узақ жыллар даўамында ол Қудайдың израиллыларды басқарыў ушын қолланған адамы болды. Ол даўларды шешетуғын бий ҳәм адамларды Қудайға қулақ салыўға шақыратуғын пайғамбар болды.
Бирақ израиллылар басқа халықлардағы сыяқлы, өзлеринде бийдиң емес, ал патшаның болыўын қәледи. Олар Самуелге келип:
– Бизлерге бир патша қойып бер!,- деди.
Самуел қатты қапа болды. Ол Қудайға дуўа етип баслады ҳәм Қудай дуўасына жуўап берип, былай деди:
– Халықтың саған айтып атырған сөзлериниң ҳәммесин тыңла. Себеби олар сеннен емес, ал өзлериниң патшасы болған Меннен ўаз кешти.
Сонда Самуел барлық израиллыларды топлап, оларға былай деди:
– Сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық ететуғын патшаның ҳуқықлары мынадай: ол сизлердиң улларыңызды алып, өзиниң саўаш арбалары ҳәм атлары ушын хызмет еттирип қояды. Және де, олар оның арбасының алдында жуўырып жүретуғын болады. Ол базыларын мыңбасылар ҳәм елиўбасылар етип қояды. Базыларға жерин сүрдирип, егинин жыйнатады. Ал базыларға болса, урыс қуралларын ҳәм саўаш арбаларының әсбап-үскенелерин соқтырып қояды. Қызларыңызды ийис май ислеўши, аспаз ҳәм нанбай етип алады. Жақсы егислик жерлериңизди, жүзим ҳәм зәйтүн бағларыңызды алып, өз хызметшилерине береди. Ол зүрәәтиңиздиң ҳәм жүзимиңиздиң оннан бирин алып, өз ақталарына ҳәм хызметшилерине береди.

 

Қул ҳәм шорыларыңызды, ең жақсы өгиз ҳәм ешеклериңизди алып, өз жумысларында пайдаланады. Ол майда малларыңыздың да оннан бирин алады, ал өзлериңиз оның қуллары боласызлар. Усылар орынланғанда, өзлериңиз таңлаған патшаңыздың дәртинен нала шегесизлер. Бирақ сол күни Жаратқан Ийе сизлерге жуўап бермейди.
Деген менен, халық Самуелдиң сөзин тыңлағысы келмей:
– Бизлердиң патшамыз болыўын қәлеймиз, – деп айтыўды даўам етти. 
Сонда Жаратқан Ийе олардың үстинен Шаулды патша етип қойыўды буйырды. Шаул жас, сулыў ҳәм бойы барлық адамлардан бийик еди. Израил халқы оны қуўанышлы түрде күтип алды ҳәм олар:
– Жасасын патша! – деп бақырысты.
Бирақ Шаул жақсы патша болмады. Ол Қудайдың буйрықларына әмел қылмады ҳәм өз қәлеўи менен ҳәрекет етти. Соның ушын, Қудай Шаулдың әўлады израил хақының үстинен патша болыўын қәлемеди. Шаул еле патшалық етип турғанда, Қудай Шаул өлгеннен кейин Өз халқын басқаратуғын басқа жас жигитти таңлады.

 

СОРАЎЛАР:
1. Самуел халық ушын ким еди? Ол не ислеўи керек еди?
2. Не ушын халық патшасы болыўын қәледи?
3. Бул ҳаққында Қудай не деди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16