Мухаддес Китап ўақыялары 33 bob

Даўыт ҳаққында ўақыялар

Жас шопан

Мухаддес Китап, 1 Патшалық китабы, 16-бап

Жас шопан Мухаддес Китап, 1 Патшалық китабы, 16-бап

Сол ўақытлары Бейтлеҳем жолаўшылар айтарлықтай итибар бермейтуғын кишкене бир аўыл еди. Бирақ Қудай Самуелди сол жердеги бир шаңараққа мийманға жибереди. Сол шаңарақтың улларының бири израил халқының кейинги патшасы болыўы керек еди. Шаңарақ басшысы болған Ишай ушын пайғамбар Самуелдиң өзи оның үйине келгени үлкен бахыт еди. Ол Самуелди биргеликте түслик жеўге мирәт етти. Дастурхан жайылды ҳәм Ишай улларын таныстырып баслады. Ишай:
– Мынаў, туңғыш улым, – деп мақтанышлы түрде таныстырды.
Самуел: «Ол әлле қашан ҳәм ҳәзирде сымбаты патша сыяқлы көринеди. Мен патшалыққа майлаған Шаул сыяқлы сондай бойшаң, мәртебели екен», – деп ойлады.
Бирақ сол ўақытта Самуел Қудайдың мынадай даўысын еситти:
– Оның шырайына, бойының узынлығына қарама! Адам сыртқы көринисине қарайды, ал Мен жүрекке қарайман. Ол патша болмайды.
Солай етип, Ишай жети улын биринен кейин бирин таныстырып шықты. Бирақ ҳәр биринде Қудай: «Яқ, бул ол емес!» – деди. Ишай дастурханға бурылып:
– Енди аўқатланайық, – деди. Самуел:
– Тоқтап тур, сен маған барлық улларыңды таныстырдың ба? – деп сорады. Ишай:
– Мениң ең генже улым бар. Ол жайлаўда қой бағып жүрипти, – деди.

 

Самуел:
– Ол усы жерге келсин! – деди.
Тез арада Даўыт Самуелдиң алдына келди. Ол аққубадан келген, сулыў көзли ҳәм жүзи жағымлы еди. Сонда Жаратқан Ийе Самуелге:
– Оны майла, бул сол болады! – деди.
Самуел майға толы шақты алды да, жас өспиримди майлады ҳәм былай деди:
– Қудайдың аты менен сени Израил халқының үстинен патша етип майлайман. Жаратқан Ийе сени жарылқасын!
Сол ўақытта Ийениң Руўхы Даўыттың үстине келип түсти. Ишай ҳәм оның қалған уллары таң қалғанлықтан ҳеш қандай сөз айта алмай қалды, ал Даўыт болса сол күни оған не жүз бергенин ақырына дейин түсинбеди.

 

СОРАЎЛАР:

 
1. Жаратқан Ийе Самуелге қандай тапсырма берди?
2. Ишайдың неше улы бар еди?
3. Патшалыққа ким майланды?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.