Мухаддес Китап ўақыялары 34 bob

Исенимниң жеңип шығыўы

Мухаддес Китап, 1 Патшалық 17-бап

Исенимниң жеңип шығыўы Мухаддес Китап, 1 Патшалық 17-бап

Самуел барып кеткеннен кейин, Даўыт қой бағыўын даўам етип жүрди. Көбинесе қой бағып жүрип, ол өзи менен бирге арфа саз әспабын алып жүретуғын еди. Қойлары әстен шөплеп жүрген ўақытта, ол арфасын шертип, өзи таза қосықлар жазып жүретуғын еди. Деген менен, базы ўақытлары шопанға қыйыншылық пайда болатуғын еди. Сонда бир күни ол өз сүриўин айыўдан қорғаўына туўры келген еди. Қозысын аман алып қалған Даўыт: «Мен қойларыма қарағанымдай, Қудай да маған сондай қылады. Ол мени алып жүреди, ғамхорлық қылады ҳәм қәўип туўғанда, мени қорғайды», – деп ой жуўыртты. Даўыт арфасын алды да, тарларын сазлады ҳәм кейин қосық айта баслады:
– Жаратқан Ийе шопанымдур, Мен мүтәжлик көрмеспен. Мени жасыл жайлаўларда жатқызар, Тыныш ағын суў бойына алып барар.
Ол жанымды қайта тиклеп, Өз аты ушын мени туўры жолға жетеклер.
Ҳәттеки, өлим қараңғылығы яңлы, Сол ойпатлықтан өтсем де, Қорқпайман қәўип-қәтерден.
Сен мениң менен биргесең, Ҳасаң, шопанлық таяғың,Тынышлық берер маған.

Патша Шаул күтилмегенде келетуғын ғәзептен қыйналатуғын еди, кейин ала ол буннан пушайман болып, таўысылмайтуғын қайғыға батып кететуғын еди. Бир күни қатты ғәзепленди ҳәм жанында болған сарайындағы адамларды қорқынышқа ҳәм титиреўге салды.

Шаулдың бир хызметкери арфаны жақсы шертетуғын Даўытты сарайға шақырып алдырыўды усынды.

 

 Оның шерткен сазы патшаны тынышландырыўы керек. Усылай етип, Даўыт патшаның сарайына келип қалды. Егерде Шаул алдында отырған жигиттиң Самуелдиң майлағаны екенин билип қалса! Бирақ Шаулдың бул ҳаққында ойына да келгени жоқ ҳәм тез арада ол өспирим Даўытты шын жүректен жақтырып қалды. Ал Даўыттың арфада шерткен сазы Шаулдың жанын қатты тынышландыратуғын еди. Шаул филистлерге қарсы урысқа шыққан ўақытта, Даўыт үйине қайтатуғын еди. Урысқа арфа шертетуғын жас өспиримниң кимге кереги бар? Солай етип, Даўыт және әкесиниң қойларын бағып баслады, ал оның ағалары Шаул менен бирге урысқа кетти. Бир күни әкеси оны шақырып алып, оған:
– Жаўынгерлеримиз жайласқан жерге бар ҳәм ағаларыңа жеўи ушын азық-аўқат алып бар, – деди.
Даўыттың ләшкерлер жайласқан жерге жетип барыўы ушын тек ғана бир неше саат кетти. Ол ағаларына жейтуғын азық алып барды, олар менен бирге отырды ҳәм әскерлердиң айтқан сөзлерин тыңлап отырды. Бирден ҳәммеси үнсиз болып қалды ҳәм узаққа мойнын созып қарап баслады. Бир филистли әскер израиллылардың ордасына жақынлап келди. Оҳо, бул қандай әскер! Дуғыжымлы, булшық етлери шығып кеткен, бойы болса үш метрдей бар! Оның аты Голият еди. Оның үстинде аўыр, қалың саўыт-сайманы, ал қолында үлкен найзасы бар. Голият:
 – Мениң усынысым өз күшинде қалады! Маған бир адам жибериң, жекпе-жек алысамыз. Егер ол мени жеңсе, онда бизлер жеңилгенимизди мойынлаймыз. Егер мен жеңип шықсам, онда сизлер жеңилиске ушыраған боласызлар. Не, қорқып кеттиңлер ме, қорқақлар? – деп бақырды.
Даўыт әжағаларынан:
– Ол сизлерди әлле қашан алысыўға шақырды ма? – деп сорады. Әжағасы:
– Аўа, бир мәрте емес, бир неше мәрте, әлбетте, шығыўдың пайдасы жоқ. Бул қайтпас қара менен алысып, урысыў – анық өлимге қарай барыў дегенди аңлатады! – деди. Сонда Даўыт:
– Бирақ Қудай бизлер тәрепте-ғо! – деп таң қалды. Әскерлер күлисип:
– Бул жерде Қудайдың қандай қатнасы бар? Бул жерде гәп – күште, шаққанлықта ҳәм жақсы қуралланыўда.

 

Ҳәттеки, патша Шаул Голиятты өлтирген адамға өз қызын турмысқа бериўди ўәде қылды. Деген менен, ҳеш ким де жүрексинбеди. Шаулға арфа шертетуғын өспирим Даўыттың әскерий ордаға келгенин айтты. Шаул оны шақырып келиўди буйырды. Даўыт келип:
– Мына филистли менен алысыўыма рухсат берсеңиз, – деди.
– Ойыңа да келтирме! Сен еле жүдә жассаң, ал Голият күшли ҳәм тәжирийбели әскер, – деп жуўап берди патша.

 

 

– Арыслан ямаса айыў келип, сүриўден бир қозыны алып қашса, изинен қуўып, оған ҳүжим қыламан ҳәм қозыны аўзынан алып қаламан. Егер арыслан ямаса айыў маған тасланса, оның жалынан услап алып, урып өлтиремен. Сол ўақытта жәрдем берген Қудай, усы филистлиге қарсы гүресимде де жәрдем береди, – деп жас өспирим исенимли түрде айтты.
Шаул:
– Исенимиң мени таң қалдырды. Сеннен басқа ҳеш ким бул шақырықты қабыллағысы келмей атыр... Мениң саўыт-сайманымды кийип ал, қуралланып алғаннан кейин бар, Қудай саған яр болсын! – деди.

Даўыт Шаулдың саўыт-сайманларын кийип көрди, бул ол ушын жүдә аўыр болып, зордан аяқ басып жүрди. Сонлықтан да, Даўыт буларды шешип таслады да, өзиниң сақпанын алып, бес тегис тасты тапты ҳәм өзиниң шопанлық таяғын алды да, филистлиге қарсы ортаға шықты.

 

Филистли сақпан менен қарсы шығыў ушын киятырған өспиримди көрип күлди ҳәм былай деди:
– Ҳа-ҳа-ҳа! Мениң менен сен алысажақсаң ба?
Даўыт:
– Сен маған қылыш, найза ҳәм семсер менен қарсы шығып турсаң. Ал мен сен масқаралаған Израил әскерлериниң Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен саған қарсы шығып турман! – деп бақырды. Даўыт қолын дорбасына тығып, бир тасты алды да, сақпанына салып, атып жиберди. Тас филисттиң дуўлығаның ашық жериндеги қақ маңлайын тесип кирди. Голият ет бетинен жерге жығылды. Соңынан Даўыт жуўырып барып, оның семсерин қынынан суўырып алды да, оны өлтирди. Израиллылар буны көрген ўақытта, олар Даўыттың жеңисинен жигерленип кетти ҳәм филистлерди өз елинен батырлық пенен қуўып шығарды.

 

СОРАЎЛАР:


1. Шаул Даўытқа қандай қурал-сайман берген еди?
2. Голият Даўыттың үстинен қалайынша күлген еди?
3. Даўыт Голиятты қалай жеңип шықты?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16