Даўыт ҳәм Шаул
Мухаддес Китап, 1 Патшалық китабы, 19-бап, 1-10 аятлар
Усы жеңистен кейин, Даўыт патшаның қасында қалды. Ол патша менен бирге бир дастурханнан аўқатланды, Шаул оның менен сәўбетлести, ал базыда оннан мәсләҳәт те сорайтуғын еди. Ўақыттың өтиўи менен Даўыт қурал-сайманларды қолланып үйренди ҳәм жүдә уқыплы әскер болды.
Усы жас жигиттиң қылған ислери, сөзлери Шаулға ҳәм оның сақшыларына соншелли унап қалды, ақырында Даўыт патшалық ләшкерлердиң бас сәркардасы болып тайынланды. Деген менен, Даўыт ушын сол ўақытлары өзиниң жақын досты болған Шаулдың улы Ионатан менен қарым-қатнасы жүдә әҳмийетли еди. Голияттың үстинен жеңиске ерискеннен соң, Ионатан Даўытқа:
– Мениң саўыт-сайманларымды, қылышымды ҳәм оқжайымды ал. Булар мениң сениң менен дослығымның белгиси болсын- деди. Сол күннен баслап Даўыт ҳәм Ионатан жүдә жақын, садық дос болды ҳәм бул дослықты екеўи де қәдирледи. Халық та Даўытты унататуғын еди. Шаулға қарағанда, Даўытты көшедеги ер адамлар да, ҳаяллар да, балалар да мақтап жүретуғын еди. Бул өағдай Шаул патшаны ашыўландырды ҳәм онда қызғаныш пайда болды. Бир күни Шаул Даўыт пенен дастурханда бирге отырғанда, патша күтилмегенде ғәзепке минди. Даўыт Шаулды саз бенен тынышландырыў ушын дәрҳәл арфасын қолына алды. Деген менен, бул рет саз жәрдем бермеди. Өйткени Шаулдың ғәзебиниң себеби Даўыт еди.
Қарсы алдында арфасы менен отырған жас жигитти көрип, ол өзин услай алмады. Шаул дийўалға сүйелип турған найзасын алды да, бар күши менен оны Даўытқа қарай ылақтырды. Ал Даўыт абайлап отырған еди. Ол дәрҳәл буғып қалды ҳәм найза оның үстинен ушып, дийўалға барып қадалды. Бул Саулды еледе көбирек ғәзеплендирди. Ол екинши найзасын да алып, оған қарай атты. Егер Даўыт шақмақтай тезлик пенен қаймығып қалмағанда, оны найза менен өлтирген болар еди. Патша:
– Даўытты артық көргим келмейди! Бул жерден узақта болсын, қай жерде болса да филистлер менен урыссын, – деп бақырды.
Шаул қорқып кетти, себеби Жаратқан Ийе Даўыт пенен бирге екенин көрди. Сонлықтан Даўытты өзинен узақластырды. Тән алыў керек, Шаул Голиятқа қарсы шығып, жеңген адамға қызымды беремен, деген ўәдесинде турды: оның қызы Михал Даўыттың ҳаялы болды.
Ионатан Шаулдың оны өлтириў нийети барлығын хабарлаған еди, сонлықтан да, Даўыттың қашып кетиўине туўры келген еди.
СОРАЎЛАР:
1. Ионатан Шаул ушын ҳәм Даўыт ушын ким еди?
2. Шаул не ушын Даўытты жек көрип қалды?
3. Шаул Даўытты не қылмақшы еди?