Мухаддес Китап ўақыялары 36 bob

 

Үңгир
 

МухаддесКитап, 1 Патшалықкитабы, 24-бап

Үңгир МухаддесКитап, 1 Патшалықкитабы, 24-бап

Енди Даўыт ҳәмме ўақытта өзине қолайлы орын излеўге мәжбүр еди. Ол қайсы жерде болса да, оның қай жерде екенин дәрҳәл билип алатуғын еди ҳәм бул ҳаққында хабар тез жайылатуғын еди. Даўыттың қасына әсте-әсте адамлар қосылып, әскерлери көбейе баслады. Бир күни олар таўда жасырынып жүргенде, үңгирдиң алдында отырған еди ҳәм оларға көп ләшкерлердиң жақынлап киятырғанын көрди. Даўыт:
– Бул Шаул-ғо. Ол мени өлтириў ушын излеп киятыр. Жасырыныңлар! – деди. Әскерлери дәрҳәл үңгирге жасырынды. Үңгирдиң аўзында қалған сақшы, бир неше ўақыттан соң олардың изинен ишке кирди. Қәўетерленген ол:
– Бул жерге патшаның өзи киятыр. Бул сениң әўметиң, Даўыт! Сен оны өлтире аласаң! Оның бир өзи, ҳеш қандай қарсылық билдире алмайды. Соннан кейин, үш мың әскер саған бойсынатуғын болады, – деди. Даўыт:
– Тыныш! – деп оның сөзин бөлди. Ҳәммеси үнсиз турды. Қараңғыда олар үңгирдиң кирер аўзын кескинлик пенен бақлап турды. Мине, Шаул патшалық кийиминде көринди. Даўыт абайлаған ҳалда алдыға қарай жылжыды да, әсте даўыс пенен:
– Усы жерде қалың! – деди. Анық усы жерде Шаул үңгирдиң арғы жағына көринбей қалды. Шынында, Даўыт еңкейип әсте сол үңгирдиң шығар жерине жеткенде, ол Шаулдың шапанының бир ушын көрди. Даўыт өткир қылышы менен шапанының шалғайын кесип алды да, кейнине қайтты.
Әскерлери сыбырлап:
– Не ушын Шаулды өлтирмедиң? – деп сорады.

 

Даўыт:
– Қудай оны патшалыққа майлады. Мен Қудай таңлаған адамды өлтирмеймен, – деп жуўап берди.
– Бирақ Қудай оннан әлле қашан жүз бурды ҳәм сени таңлады! – деди олар.
– Аўа, соның ушын Қудайдың Өзи белгилеген ўақытта мени тахтқа отырғызады. Бул мәселени мениң өзим қолыма алмайман, – деди Даўыт.
Ҳәммеси кирер аўызға қарап турды. Патша үңгирден шықты. Даўыт:
– Усы жерде қалыңлар! – деди де, оның изинен кетти.
Даўыт қараңғы үңгирден көзди қамастыратуғын жақтылыққа шыққан ўақытта, Шаулдың әлле қашан төменге түсип, өз әскерлери менен турғанын көреди.

– Патшам ҳәм Тақсыр! – деп Даўыт Шаулды патша сыпатында сыйлайтуғынын билдирип, жерге дейин ийилип, тәжим қылды ҳәм даўам етип, – Не ушын мени сизге қарсы жаманлық қылады, деп ойлайсыз? Менде сизди өлтириў ушын тап ҳәзир ғана мүмкиншилигим болды, – деди. Кейин Даўыт Шаулдың шапанынан кесип алған шалғайын, жоқары көтерип көрсетти.
Шаул қорқып кетип, кийиминиң төменги етегине қарады. Шынында да, шапанының шалғайынан бир бөлек кесип алынған екен. Шаул жылап:
– Сен меннен гөре ҳақлырақсаң! – деди қалтыраған даўысы менен. – Бул ис-ҳәрекетиң менен сен маған жақсылық тилейтуғыныңды дәлилледиң, ал мен болсам саған жаманлық ойлап жүриппен. Мен анық билемен, сен патша боласаң. Мениң шаңарағымды жоқ қылмайтуғыныңды айтып, маған ант иш!

 

СОРАЎЛАР:

1. Даўыт қай жерде жасырынып жүрди?
2. Даўыт Шаулға қандай қатнаста болды?
3. Ол не ушын Шаулды өлтирмеди?

– Буған ант ишемен! – деп даўыслап айтты Даўыт.
Шаул Даўыттың кеўли ҳақлығынан тәсирленип кетти ҳәм өз ләшкерлерине оның изине түсиўди тоқтатыўды буйырды. Барлық ләшкерлер артқа бурылып, келген жолына қарай жүрип кетти, ал Даўыт болса олардың изинен узақ тигилип турды.



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.