Мухаддес Китап ўақыялары 37 bob

Келисим сандығы Сионда

Мухаддес Китап, 2 Патшалық китабы, 5:7-11аятлар;
 

1 Жылнама китабы, 13-бап; 15-бап; 16-бап

Келисим сандығы Сионда Мухаддес Китап, 2 Патшалық китабы, 5:7-11аятлар;  1 Жылнама китабы, 13-бап; 15-бап; 16-бап
Қудай ўәде бергениндей, Даўыт ақыры патша болды. Ол Бейтлеҳемде туўылып, сол жерде қой бақты, ал патша болғаннан соң, ол Ерусалимде жасай баслады. Ерусалим ҳәдден тыс сулыў қала болды. Ол бир неше төбешиктен ибарат болған қала еди, сол төбешиктиң бири Сион таўы деп аталатуғын еди. Усы таўда Даўыт өзи ушын бир сарай қурды. Ол Қудайды жүдә сүйетуғын еди, соның ушын, Қудайдың Келисим сандығы өзине жақын жерде болыўын қәледи.
Мине ўақыт келип, Даўыт сандықты алып қайтыў ушын жолға атланды. Көп руўханийлер Даўыт пенен бирге барды. Халық та ҳәр түрли саз әсбапларын: арфа, кәрнай, сырнай, ҳәм кимбалларды шертип, патшаның изинен жүрди. Усы сазлар менен Қудайға алғыс-мақтаў қосықлар айтылды. Даўыт арфа шертип, сазшылар ҳәм қосық айтыўшылар менен бирге жүрди. Артта руўханийлер Қудайдың Келисим сандығын көтерип киятыр еди. Бул көринис сондай әжайып болды, Қудайға арнап айтылып атырған алғысты еситиў сондай шадлыққа толтырар еди! Көп адамлар усы салтанатлы түрде киятырғанларды күтип алыўға шықты. Олар Даўыттың арфа шертип, Қудайды қалай алғыслағанын еситти. Сол күни Даўыт сондай қуўанышқа толды!

 

Келисим сандығы дийўал менен қоршалған ҳәм дәрўазалары бар Сион таўына алып келинди. Салтанатлы  ўақыт жақынлағанда, патшаны ҳәм Келисим сандығын киргизиў ушын баслы дәрўазалар кең ашылды. Даўыт айрықша орын таярлаўды буйырды ҳәм сол ўақытта Келисим сандығы жабылған пердениң артына қойылды. Қосықшылар «Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!» деген салтанатлы гимнди айтты, бул гимнди алдын Даўыттың өзи жазған еди. Сол күни Даўыт Қудайға қурбанлықлар берди ҳәм халықты жарылқады. Даўыт Қудайдың Келисим сандығы өзиниң сарайына жақын жерге қойылғанына қатты қуўанды. Ҳәр күни қосықшылар Келисим сандығы алдында саз шертип, салтанатлы гимн айтатуғын еди.
Даўыт ҳәмме ўақытта сарайында болмайтуғын еди, ол филистлер менен ҳәм Израилдың басқа душпанлары менен урысыў ушын жийи кететуғын еди. Қудай оған ҳәм оның адамларына душпанларының үстинен жеңис бергенде, ол Сионға келип, берген жеңиси ушын Қудайға алғыс айтатуғын еди.

 

СОРАЎЛАР:


1. Даўыттың патша сарайы қайсы қалада жайласқан еди?
2. Келисим сандығын қайтып алып келгенде, Даўыт өз қуўанышын қалай көрсеткен еди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16