Сулайман ҳаққында ўақыялар
Сулайман даналықты таңлайды
Мухаддес Китап, үшинши Патшалар китабының 2,3 баплары.
Өз өлиминен бурын Даўыт патша Ерусалимге Израил ҳалқының барлық ақсақалларын жыйнап, өзинде Мухаддес шатырдың орнына Жаратқан Ийеге Ибадатхана қурыў жойбары болғанын айтты. Бирақ Қудай Даўыт көп саўаш қылғаны себепли оған жол қоймады.
– Мениң улым Сулайман Жаратқан Ийеге Ибадатхана қурады, себеби Қудай Сулайманды таслап кетпеймен ҳәм егер ол Қудайдың нызамларына бойсынып жасаса, оның патшалығын беккемлеймен деп ўәде етти, – деп хабарлады Даўыт.
Даўыт ҳәммени Қудайдың берген нызамларына бойсыныўға, Оған шын жүректен хызмет етиўлерине шақырды. Барлық басшылар ҳәм Даўыттың басқа уллары жаңа патшаға, яғный Сулайманға бойсыныўға ант ишти.
Қудай Сулайманды жарылқады ҳәм ол қүдиретли патшаға айланды. Оны тек ғана өз хызметшилери емес, ал жақын жерде жайласқан ҳалықлар да ҳүрмет ететуғын еди.
Өзиниң патшалық етиў дәўириниң басында Сулайман жүдә кишипийлик ҳәм миннетдаршылық пенен Қудайға қурбанлықлар әкелди. Сол күнлери түнде ол уйықлап атырған ўақытта Қудай оның түсине енип былай деди:
– Меннен нени қәлесең соны сора.
– Сен бәрқулла мениң әкеме жәрдем бердиң ҳәм енди мени әкем Даўыттың орнына патша етип қойдың. Бирақ мен еле жүдә жаспан, халықты басқарыўға еле тәжирийбем жоқ. Сонлықтан жаман менен жақсыны айырып билип, халқыңа бийлик етиўим ушын маған ақылға толы бир жүрек бер. Болмаса, Сениң бул көп санлы халқыңды ким басқара алады? – деп жуўап берди Сулайман.
Қудай Сулайманға былай деп жуўап берди:
– Сен өзиң ушын узақ өмир, байлық ҳәм душпанларыңның өлимин тилемедиң, ал дурыс ҳүким жүргизиў ушын даналық сорадың. Мен сениң тилегиңди орынлайман. Соның менен бирге Мен саған сеннен бурын басқа патшаларда болмаған ҳәм сеннен кейин де болмайтуғын байлық ҳәм даңқты беремен. Ҳәм егер сен де әкең Даўыт сыяқлы Мениң берген қағыйдаларыма ҳәм буйрықларыма бойсынып, Мениң жолларым менен жүрсең, саған буларға қосып узақ өмир де беремен.
Сулайман уйқыдан турып, Қудайдың түсинде берген ўәделери ушын Оған миннетдаршылық бидирди.
Бир күни патшаның алдына еки ҳаял бир гөдек баланы алып келип, олардың арасындағы мәселени шешип бериўин сорады. Ҳаяллардың бири патшаға былай деди:
-Тақсыр! Мен мына ҳаял менен бир үйде жасайман. Бизлер екеўимиз бир ўақытта босандық. Түнде мына ҳаял баласын астына басып алып, бала өлип қалды. Қулыңыз болған мен уйықлап атырғанымда, түн ортасында ол орнынан турып, мениң баламды жанымнан алып, өзиниң қойнына жатқарыпты. Ал өзиниң өлип қалған баласын болса, мениң қойныма салыпты.
Екинши хаял:
– Яқ, тири бала меники, өлгени сеники, – деди.
Олар патшаның алдында усылай тартысып турды. Бул мәселени шешиў қыйын болып ҳәмме патшаның шешимин күтип турған еди.
– Онда маған бир қылыш әкелиңлер! – деп патша хызметкерлерге буйрық берди. Қылыш алып келингенде, патша:
– Тири баланы екиге бөлип, ярымын биреўине, қалған ярымын екиншисине бериңлер, – деп буйырды. Сонда баласына жаны ашып, жүреги сызлаған тири баланың анасы патшаға:
– Тақсыр, өтинемен, тири баланы өлтирмең, оны мына ҳаялға бериң — деди. Ал екинши ҳаял болса:
– Бала саған да, маған да жоқ, оны екиге бөлиң, — деди. Сонда патша жуўап берип:
– Тоқтаңлар, баланы өлтирмеңлер! Оны биринши ҳаялға бериңлер. Баланың анасы, – сол болады, – деди.
Пүткил израиллылар патша шығарған бул ҳүкимди еситип, патшаны еле де күшли ҳүрмет ететуғын болды. Себеби олар Сулайманда әдил ҳүким шығарыў ушын, Қудайдан берилген даналық бар екенин билди.
Сораўлар:
1. Не ушын Қудай Даўыттың Ибадатхана қурыўын қәлемеди?
2. Сулайман Қудайдан не сорады?
3. Сулайман қалайынша еки ҳаялдың мәселесин шешип берди?