Мухаддес Китап ўақыялары 39 bob

Қудайға арналған Ибадатхана

Мухаддес Китап, үшинши патшалар китабы, 5-8 баплар.

Қудайға арналған Ибадатхана Мухаддес Китап, үшинши патшалар китабы, 5-8 баплар.

   Қудай Сулайманның патша болып басқарыўын жарылқады. Оның елинде абаданшылық болып, қоңсы жерде жайласқан халықлар менен парахатшылық ҳүким сүрди. Бирақ Сулайманның алдында үлкен ўазыйпа, яғный Жаратқан Ийеге Ибадатхана салыў ўазыйпасы тур еди.

 

Израил халқы Ибадатхананы Мысырдан шыққаннан соң төрт жүз сексен жылдан кейин қурып баслады. Сулайман патша әкесиниң досты, Тир ҳәм Сидонның патшасы Хирам менен дослық қатнасықларын орнатты. Олар өз ара келисим дүзди. Бул келисимге гөре Хирам қурылыс ушын керек болған қымбат баҳалалы тас ҳәм ағашлар менен тәмийинлесе, Израил оларды азық-аўқат пенен тәмийинлейтуғын болды. Ибадатхананың қурылысы жети жыл даўам етти. Ол өз өлиминен бурын Даўыт патшаның  Сулайманға берген жобасы бойынша қурылды. Ибадатхана ушын арналған жерди де Даўыт көрсеткен еди. Ол Мория таўында болып,ол жерде көп жыллар бурын Ибрайым  Жаратқан Ийеге өз садықлығын дәлиллеген еди, ал Қудай ол жерде Ысақтың өмирин сақлап қалған еди.

 

   Ибадатхана тийкарғы еки бөлимнен ибарат еди, олар «Мухаддес» ҳәм «Ең Мухаддес» бөлме деп аталатуғын еди. Жаратқан Ийеның сандығы Ең Мухаддес бөлмесинде еди. Ол бөлме ең бийик жерде жайласқан болып, Мухаддес ханадан қалың перде менен бөлинген еди.

   Ең Мухаддес бөлмеде айналар жоқ еди, себеби ол жер қараңғы болып қала бериўи керек еди. Мухаддес Китап ол жерди «Қудай менен сөйлесетуғын орын» деп атайды, себеби ол жерде Қудай Өзи көринбеген ҳалда жасайтуғын (яғный Оның хүзири бар) еди.

   Ибадатхананы қурып болғаннан соң оны байрам қылып мухаддеследи. Сулайман барлық басшыларды ҳәм бийлерди шақырып, Жаратқан Ийениң сандығын Ең Мухаддес бөлмеге алып кирген ўақытта аспаннан булт түсип, Ибадатхананы толтырды.

   Солай етип, Қудайдың Өзи Израил халқы менен бирге екенин билдириў ушын белги берди.

   Енди Сулайман ибадатхананың қурылыс ислериниң барлығы Қудайға унағанына исеними кәмил  болды.

 

СОРАЎЛАР:

1. Не ушын Хирам патша Сулайманға жәрдем берди?

2. Ибадатхананың қурылысы неше жыл даўам етти?

3. Ең Мухаддес бөлме Ибадатханада не ушын керек еди?

4. Жаратқан Ийениң сандығын Ибадатханаға алып киргенде не жүз берди?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.