Мухаддес Китап ўақыялары 4 bob

Топан суў

Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы,6-9 баплар.

Топан суў Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы,6-9 баплар.

Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енениң урпағы сансыз болып көбейди. Адам-ата, Ҳаўа-ене, Каин ҳәм Шит өлгеннен соң жер жүзинде жасап атырған адамлардың саны әлле қашан көбейип кеткен еди. Сол ўақытлары адамлар күш-қуўатқа толы ҳәм ден саўлықлары мықлы болып, жүдә узақ өмир жасаған. Адам-ата 930 жыл, Шит 912, Ханохтың улы Метушелах 969 жыл жасады. Ханохтан басқа усы адамлар  туўралы бизлерде ҳеш қандай мағлыўмат жоқ. Ханохтың Қудай менен тығыз байланыста болғаны ҳәм қуўаныш пенен Оған хызмет ислегени ҳаққында жазылған. Ханох 365 жасында Қудай оны жер бетинен алған, бул дегени ол өлмеген ҳәм жерленбеген, ал Қудай оны тирилей аспанға алған. Оның улы Ламех балалы болады, оның атын Нух қояды (бул ат – тынышландырыўшы мәнисин билдиреди), себеби усы баласынан ата-анасы өз ислеринен өзлерине жубаныш тапқан.

   Нухтың ўақытында Шиттиң балалары Каинның урпағы сыяқлы өмир сүрип баслады: олар Жаратқан Ийени умытып, көп жаўызлық ислерди ислей баслады. Олар ислеп атырған гүналарын Қудайдың көрип турғанын ойына да келтирмеген еди. Олар көре алмаслыққа, жек көриўшиликке, бир-бири менен жарыспаққа ҳәм жаўызлыққа толып, бир ̵ бирине қарсы шыға баслады. Олардың көпшилиги Қудай туўралы билгиси келмеди, ал олар өз күш-қүдиретине исенетуғын еди. Адамның қүдирети Қудайдан екенин олар билмейтуғын еди. Олар Қудайдың жыл мәўсимлерди орнатқанын, дән ҳәм мийўелердиң өсиўине жол қойғанын, және де жаўынды, қуяшлы жақтылықты ҳәм самалды жиберетуғынын умытқан еди.

  Адамлар өз Жаратыўшысын ҳәм бир ̵ бирин сүймейтуғынына Қудай қапа болды. Ол адамзатты жаратқанына өкинди. Ол жаўызлықты жоқ қылыў ушын, жер жүзинен барлық жанзатларды ҳәм адамзатты қырып таслаўды шешти.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Нух болса Жаратқан Ийениң мийримине еристи, өйткени ол ҳақ ҳәм минсиз адам еди. 500 жасында оның Сам, Хам ҳәм Яфет деген үш улы бар еди.

   Нух адамларды өз жаўыз ислерин койып, Қудайға келиўге шақыратуғын еди. Егер олар өмирлерин өзгертип, Қудайға тәўбеге келмесе, Қудайдың жер жүзине топан суў жиберетуғынын айтып ескертти, бирақ оған ҳеш ким қулақ салмады.

   Қудай адамлардың өз өмирин өзгертпей, ал оннан да көбирек гүнаға батып атырғанын көрип, Нухқа былай деди:

  • Ўақыт келди. Мен жер жүзине топан суў жиберемен. Адамлар жаўыз, бирақ Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен: топан суўынан тек ғана сениң шаңарағың: сен, ҳаялың, улларың ҳәм олардың ҳаяллары қутқарылады. Буның ушын сен үлкен кеме соғыўың керек. Дыққат пенен тыңла ҳәм ҳәммесин Мен айтқандай етип исле. Гофер ағашын ал ҳәм ишине суў кирмеўи ушын иши-сыртын қара май менен майла. Бул кеме жүдә үлкен болыўы тийис: узынлығы бир жүз отыз метр, ени жигирма еки ҳәм бийиклиги он үш метр болыўы керек. Кемениң бир қапталына жақсылап жабылатуғын есик, ал жоқарысына болса кишкене айна исле.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Кемениң төменги, ортанғы ҳәм жоқарғы қабатлары болсын. Барлық қуслардың түрлеринен, барлық төрт аяқлы жаныўарлардың түр-түринен, қуртлардың ҳәм қоңызлардың ҳәр түринен, үлкен ҳәм кишкене жаныўарлардың ҳәр түринен жуп-жуптан алып кириўиң ушын кеме үлкен болыўы керек.

Нух балалары менен бирге кемени соғып баслады. Бул көп жыллар даўам етти. Қасынан өткен адамлар ҳәмме ўақытта: «Нух нени соғыўды ойлап тапты?» – деп сорайтуғын еди. Ал ол кеме соғып атырғанын айтқан ўақытта, олар оның үстинен күлетуғын еди. Олар:

– Сен бул аўыр кемени суўға дейин қалайынша алып барасаң? – деп сорайтуғын еди.
Нух оларға:
– Суўдың өзи усы жерге келеди, сол ўақытта кеме жүзеди – деп жуўап беретуғын еди.
Олар:

  • Усы жерге ме? Сен ақылдан азыпсаң, Нух! – деп күлетуғын еди.

   Нухқа ҳәм оның шаңарағына адамлардың үстинен күлип айтқан усындай сөзлерди еситиў аўыр еди, бирақ олар Қудайға исенетуғын еди ҳәм адамларға: «Қудай надурыс пикирлеп, жаўызлық ислеп атырғанларды жоқ қылыў ушын жер жүзине топан суў жибереди», –деп жуўап беретуғын еди.

  Усы үлкен кеме тайын болғанда, Қудай Нухқа былай деди:

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

  • Өз шаңарағың менен кемеге кир, Мен саған айтқанымдай өзиң менен бирге ҳайўанларды да ал. Бир ҳәптеден кейин топан суў  жиберемен. Жер жүзи суўдың астында қалғанынша, қырық күн ҳәм қырық түн жер бетине жаўын жаўады.

   Нух үлкен есикти ашты ҳәм барлық жаныўарлар жуп-жуптан  кемениң ишине кире баслады. Сондай-ақ ол кемениң ишиндеги  адамлар ҳәм барлық жаныўарлар ушын азық-аўқатлар, бийдай, мийўе ҳәм шөплерди алып кирди. Кейин Нух ҳаялы менен ҳәм уллары ҳаяллары менен бирге кемеге кирди. Солай етип, кемениң ишинде сегиз адам болды. Бирақ есикти Нух емес ал Қудай жапты. Нух Қудай буйрық бермегенше, есикти ашпаў кереклигин жақсы билетуғын еди.

   Сонда олар жаўынның жаўған даўысын еситти. Жаўын алдын тамшылап жаўып баслады, ал кейин болса жаўын шелеклеп қуя баслады.Узақ ўақыт ҳәм көп күнлер даўамында жаўын жаўып турды. Бир неше ўақыттан соң, олар гүркиреген даўыслар арқалы  суў кемеге жеткенин билди. Сонда олар суў кемени көтерип, кемениң жүзип баслағанын сезди.

   Жаўын қырық күн даўамында жаўды. Кемениң ишиндеги сегиз адам ушын бул мәңги даўам еткендей болып көринди. Тосаттан бир нәрсе адамлардың ҳәм ҳайўанлардың қулақ түриўине итибарын тартты. Бул не екен? Қорқынышқа салатуғын тынышлық! Жаўын тоқтады! Бирақ олардың кемеси еле суўда шайқалып, жүзип атыр еди. Жер жүзи, ҳәттеки ең бийик таўлар суўдың астында еди.

   Тек бир жүз елиў күннен кейин ғана Қудай суўлардың қайтыўына жол қойды. Деген менен, бул және бир неше күн даўам етти.

Күтилмегенде, бул не болды? Қандай да бир соққы, силкиниў пүткил кемени шайқап жиберди, бир нәрсе шықырлады ҳәм кеме тоқтады. Бул топан суўдың басланғалы берли жетинши айдың он жетинши күни еди, кеме тоқтаған жер Арарат таўы еди. Нух және қырық күн күтти, кейин айнаны ашып, ғарғаны ушырып жиберди.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

– Сен неге бундай қылып атырсаң? – деп сорады ҳаялы.

– Егер ғарға қайтып келсе, онда кемениң сыртында жасайтуғын жер жоқ екенин билип аламан, – деп жуўап берди Нух.

Ғарға қайтып келмеди. Сонда ҳәммеси қуўанысты. Нух:
– Ғарға шаршамайтуғын қус. Ол узақ ўақыт уша алады, дем алыўға оған таўдың шоққысы да жетерли. Енди мен кептер жиберемен, – деди.

   Кептер ушып кетип, тез арада қайтып келди.

  • Суў еле көп уқсайды, еле бир ҳәпте күтиўимиз керек, – деп Нух ой жуўыртты.

   Жети күннен кейин Нух кептерди және ушырып жиберди. Сегиз адам кептерди қайтып келе ме екен деп, қәўетерленип күтти. Ақыры кептер кемениң ишине ушып кирди. Оның тумсығында зәйтүн ағашының жаңа жулынған бир жапырағы бар еди! Және жети күннен кейин Нух кептерди ушырғанда, ол қайтып келмеди.

Усылай етип, Нух суў кетип, жер қурғағанын билип алды. Енди ол Қудайдан кемеден шығыў буйрығын күтти. Күткениндей Қудай оған:

  • Сен, ҳаялың, улларың ҳәм келинлериң бәриңиз кемеден шығың. Өзиң менен бирге барлық жаныўарларды: қусларды,  ҳайўанларды, ҳәм жер баўырлаўшыларды алып шық.

   Солай етип, кемениң есигин ашатуғын ўақыт келди. Жабайы ҳайўанлар қуўанысып, сыртқа шықты. Кемеден жаныўарлар сыртқа шықты, қуслар қанатларын жайып, ҳәр тәрепке ушып кетти. Нухтың шаңарағы жеңил дем алып, қуўанышқа толды. Олар бир-бирин қушақлап, қуўанышларын жасырып тура алмады.

   Нух жасыл төбешиклерди ҳәм жасыл жайлаўларды көрди. Бирақ жер жүзиндеги барлық жаўыз адамлар қаяқта? Олар енди жоқ еди.

Топан суў Қудайға хызмет еткиси келмей, көп жаўызлық ислеген  адамлар ушын үлкен жаза болды. Нух топан суўынан қутқарған Қудайдың пүткил мийрим-шәпәәтин тереңнен түсинди.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Ол бир неше тасларды алып, қурбанлық орын қурды да, Жаратқан Ийеге арнап бир неше ҳайўанларды ҳәм қусларды қурбанлық қылды. Жаратқан Ийеге оның қурбанлығы унады ҳәм Өз жүрегинде:  «Мен енди жерди адамлардың гүнасы себепли нәлетлемеймен» – деди. Өйткени Ол адамлардың гүна ислеўин ҳеш қашан тоқтатпайтуғынын билетуғын еди. Сондай-ақ Жаратқан Ийе дүньяның ақырына дейин егин егиў, оны орыў, ыссы ҳәм суўық, жаз ҳәм қыс, қүндиз ҳәм түн болатуғынын айтты. Қудай Нухты ҳәм оның балаларын өз балалары менен жер жүзин толтырыўы ушын жарылқады. Қудай Нух, оның балалары ҳәм жер бетинде олардан кейин жасайтуғын адамлар ҳәм барлық ҳайўанлар менен келисим дүзди.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Ол жер жүзинен адамлар менен ҳайўанлар ҳеш қашан топан суў менен жоқ қылынбайтуғынын айтып, ўәде берди. Қудай усы келисимди еслетип турыўы ушын, айрықша белги, яғный бултларға айқулақ қойды. Бул белги ҳәр дайым жаўын тоқтап, бултлар арасынан қуяш көринип баслағанда, аспанда пайда болатуғын болды. Қудай Нухқа:

  • Мине, Мениң сениң менен ҳәм жердеги барлық жасаўшылар менен дүзген келисимимниң белгиси, – деди.

   Айқулаққа қарағанда оның мәнисин есте сақлаң. Бул жаўыннан кейин пайда болатуғын тек ғана сулыўлық емес, ал Қудайдың адамларға болған айрықша жақсылығының, садықлығының ҳәм ғамхорлығының белгиси.

 

 

 

 

СОРАЎЛАР

1. Қудай не ушын топан суўын жибериўди шешти?

2. Нух қалайынша қутқарылды?

3. Адамларда ойланыўға ҳәм гүна ислеўди тоқтатыўға қанша ўақты бар еди?

 4. Нух жер бетиниң кеўгенин билиў ушын кемеден қандай қусларды ушырды?

5. Қудай Нухқа қандай ўәде берди?

6. Айқулақ бизлерге не ҳаққында еслетип турыўы керек?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16