Шеба ҳаял патшасы
Мухаддес Китап, 3 Патшалар китабы, 10-бап.
Сулайман ҳәм оның әжайып қурылыслары ҳаққында хабар дүньяның ең узақ жерлерине дейин тарқалды. Адамлар салтанатлы Ибадатхананы көриў ҳәм Сулайманның дана сөзлерин еситиў ушын Ерусалимге келетуғын еди. Сол адамлардың арасында Шебалы ҳаял патша да бар еди.
Оның алып келген сыйларынан оның жүдә бай екенлиги көринетуғын еди. Ол хош ийисли затлар, алтын ҳәм қымбат баҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап келген еди. Көп хызметкерлери сол қымбат баҳа затларды қорғап келген еди.
Сулайман оны патшалыққа сай түрде жүдә жақсы күтип алды. Шебалы ҳаял патша Сулайманға ҳәр түрли сораўлар берип, оның менен жүрегиндеги ҳәмме нәрсени бөлисти.
Сулайман оның барлық сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди.
Шеба ҳаял патшасы оның қурдырған сарайын, дастурханындағы азық-аўқатларын, қулларының үйлерин, ўәзирлериниң отырыс-турысы менен кийимлерин ҳәм оның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, оның даналығын тән алды. Кейин артық өзин услап тура алмады ҳәм ол патшаға былай деди:
– Сизиң даналығыңыз ҳәм байлығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен. Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенимше, булардың жартысын да айтпағанын көрдим! Сизиң даналығыңыз ҳәм байлығыңыз еситкенимнен де артық екен. Сизге кеўли толып, сизди Израил тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе мәңгиге Израилды сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды.
СОРАЎЛАР:
1. Шеба ҳаял патшасы не ушын узақ жолға шықты?
2. Израилда оны не ҳайран қалдырды?
3. Ол Сулайманға не деди?