Юнус ҳаққында ўақыялар
Юнус ҳәм оның қашыўы
Мухаддес Китап, Юнус китабы 1- 4 баплар.
Бурынғы дәўирде Өз сөзлерин патшаларға ямаса халықларға жеткизиў ушын Қудай айрықша адамларды, яғный пайғамбарларды таңлайтуғын болған. Олар Қудайдың буйрықларын орынлаўы керек болған. Сондай пайғамбарлардың бири Юнус атлы адам болған.
Бир күни Қудай оған өзгеше мынадай буйрық берди:
– Ниневия қаласына бар да, халқына ўаз eт!
Басында ол қәте еситтим деп ойлады. Ниневияға? Ниневия қоңсылас болған қүдиретли ҳәм уллы Ассирия елиниң ең үлкен қаласы еди. Ол жерде ўаз айтыў мүмкин емес еди! Ол жердиң халқы оның үстинен күлиўи сөзсиз. Ҳәттеки, ол жерде оны урып, өлтириўи де мүмкин еди. Сонда Юнус:
– Яқ, мен Ниневияға ҳеш қашан бармайман, – деп турып алды.
Қудайдың буйрығын орынламаў ушын, ол басқа елге қашып кетип, жасырыныўды мақул тапты. Ол жол ҳақысын төледи де, үлкен кемеге минип, қашып кетти.
Басында барлығы жақсы еди, ҳеш қандай қәўип сезилмеген еди. Бирақ олардың кемеси теңизде узақ жерге дейин жүзип кеткенде, күшли даўыл басланды. Үлкен толқынлар көтериле баслады. Кемешилер қатты қорқа баслады, ал кеме шөгиўге сәл қалып турған еди. Сонда олар өзлериниң қудайларына былай деп, жалбарына баслады:
- Бизлерге жәрдем бериң! Бизлерди қутқарың! Қудайлар бизлердиң налаларымызды есите гөриң!
Бирақ, даўыл даўам ете берди. Ал Юнус не қылып атыр еди? Ол тири Қудайды билетуғын еди-ғо. Ол да дуўа етти ме? Яқ, себеби ол Қудайға өзи ҳаққында еслеткиси келмеди. Юнус жатыў ушын кемениң төменги қабатына түсип, терең уйқыға кеткен еди. Кеме басшысы Юнустың қасына барды да, оны оятып:
– Тур, өз қудайыңа жалбарын. Мүмкин, ол бизлерди есине алар ҳәм бизлер аман қалармыз, – деди.
Юнус бул даўылдың өзине ҳәм қашып кетиўине байланыслы екенин билетуғын еди. Бирақ ол Қудай менен сөйлесиўди қәлемеди.
Соңынан кемешилер бир-бирине:
– Келиңлер, шек таслайық ҳәм бул апат басымызға ким себепли түскенин билейик, – дести.
Бул шек Юнусқа түсти.
– Сен кимсең, Қудай бизлерди де сениң менен бирге жазалайтуғындай сен не иследиң?
– Мен евреймен, теңизди ҳәм жерди жаратқан аспанның Қудайы Жаратқан Ийеге сыйынаман. Бирақ ҳәзир Жаратқан Ийеден қашып қиятырман, себеби Қудай мени Ниневияға жиберди, ал мен буны қәлемедим, – деп жуўап берди Юнус.
Кемешилер ҳеш нәрсе демеди, өйткени бул адам менен не қылыўди билмеди. Юнус:
– Мени көтерип, теңизге ылақтырың, сонда ол тынышланады. Себеби бул күшли даўылға мен себепли дуўшар болғаныңызды билемен, – деди.
– Яқ, бизлер олай қыла алмаймыз, – деп жуўап берди кемешилер.
Кейин олар алдын өзлери табынбаған Юнустың Қудайынан, Жаратқан Ийеден даўыслап кеширим сорап баслады. Соңынан олар Юнусты теңизге ылақтырып жиберди.
Сонда қутырып турған теңиз тынышланды. Кемешилер буған онша исенбей таң қалысып турды, соң олар кемеде дизерлеп турып, ҳақыйқый Қудайға дуўа ете баслады.
Ал Юнусқа не болды? Ол шөгип кетти ме?
Яқ! Себеби Қудай Өз пайғамбарының өлиўин қәлемеди. Ол Юнустың Ниневияда ўаз айтыўын қәлеген еди. Сонлықтан да, Жаратқан Ийе Юнусты жутыўы ушын бир үлкен балықты жиберди. Юнус үш күн, үш түн усы балықтың ишинде болды. Сол ўақыт даўамында ол Қудайға дуўа етти. Жаратқан Ийе балыққа буйрық берди ҳәм ол Юнусты қурғақлыққа қусып шығарып жиберди.
«Қудай сондай қүдиретли. Ол даўылларға ҳәм суў жаныўарларына буйрық береди, ал олар болса, буйырғанын орынлайды», – деп ой жуўыртты қурғақлыққа шыққан Юнус.
Ол дәрҳәл Ниневияға қарай жүрип кетти.
СОРАЎЛАР:
1. Не ушын Юнус Ниневияға барғысы келмеди? Ол қалайынша ҳәм қай жерге қашып кетеди?
2. Күшли даўыл не ушын басланды?
3. Не ушын даўыл тоқтады? Юнус қурғақлыққа қалай шықты?