Мухаддес Китап ўақыялары 42 bob

Ниневия халқының тәўбе етиўи

Мухаддес Китап, Юнус китабы, 3-бап.

Ниневия халқының тәўбе етиўи Мухаддес Китап, Юнус китабы, 3-бап.

Бир неше ҳәпте өтип,  Юнус Ниневияға кирди ҳәм үлкен қаланың көшелеринде жүрип, ўаз айтып:
«Қырық күннен кейин Ниневия қыйратылады», – деп жар салды.
Таң қаларлығы, оның үстинен ҳеш ким күлмеди. Ҳеш ким оған қол да көтермеди, қәўип те туўдырмады. Керисинше, адамлар оның сөзлерине исенди. Сол жердеги халық еситкен ҳүким, әдил еди: өйткени олар көплеген халықлар менен урысқа шыққан еди ҳәм жүдә көп жаўызлық ислеген еди. Соның ушын, олар сол қылмысларының жазасыз қалмайтуғынын билетуғын еди. 
Бул хабар Ниневия патшасына жетип барғанда, ол тахтынан түсип, былай деди:

– Адамлар да, ҳайўанлар да аза кийиминде болсын. Ҳәр бир адам Қудайға бар күши менен жалбарынып, өзлериниң жаман жолларынан ҳәм жаўызлық ислеўден ўаз кешсин. Ким биледи, мүмкин, сонда Қудай пикирин өзгертер, лаўлаған ғәзебинен қайтар ҳәм бизлер набыт болмаспыз.

   Сонда Қудай ниневиялылардың қылған ислерин ҳәм олардың жаман жолдан қайтқанын көрди. Сонлықтан оларға жаны ашып, жиберемен деген апатты жибермеди. Сонда Юнус буған қатты ренжип, ашыўланды. Ол таўдың басына шығып, Жаратқан Ийеге былай деп дуўа етти:

– О, Жаратқан Ийе! Усындай болатуғынын өз елимде болған ўақтымда-ақ айтпаған ба едим? Сонлықтан да мен Таршишке қашқан едим. Себеби Сениң мийримли, реҳимли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги шексиз ҳәм жазалаўдан ўаз кешетуғын Қудай екениңди билетуғын едим.

   Ол турған төбешиктиң үсти жудә ыссы еди ҳәм буған да ол ашыўланды. Ертеңине азанда уйқыдан турғанда жанында өсип шыққан бир өсимликти көрди. Юнус бул өсимликке қатты

 

Бирақ келеси күни таң атқанда, Қудай бир қуртты жиберди ҳәм ол өсимликти кемирип, қуўратып таслады. Қуяш Юнустың басын қатты қыздырғанлықтан, ол ҳәлсизлене баслады ҳәм өзине өлим тилеп баслады.

    Бирақ Қудай оған:

– Өсимлик ушын ашыўланыўға ҳақың бар ма? — деди. Юнус:

–  Әлбетте, ҳәттеки, өлгенше ашыўланыўға ҳақым бар, — деди.

   Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди:

– Бул өсимлик бир түнде шығып, бир түнде жоқ болды. Сен мийнет етип, бул өсимликти өсирмеген болсаң да, оған жаның ашып атыр. Ал Ниневияда болса, ақ пенен қараны айыра алмайтуғын бир жүз жигирма мыңнан аслам адам ҳәм көп санлы ҳайўанлар бар. Усы уллы қала ушын Мениң жаным қалай ашымасын?

   Сонда Юнус Қудайдың сабырлы, мийримли ҳәм қаншелли кеширимли екенин түсинди.

 

СОРАЎЛАР:

1. Юнус Ниневияда не туўралы ўаз айтты?

2. Ниневия халқы ол хабарды қалай қабыл етти?

3. Қудай Ниневияға не иследи?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.