Мухаддес Китап ўақыялары 43 bob

Даниел ҳаққында ўақыялар

 

Тутқынлық

Мухаддес Китап, 4 Патшалар китабы, 24-бап.

Тутқынлық Мухаддес Китап, 4 Патшалар китабы, 24-бап.

   Сулайман қүдиретли ҳәм бай елди патша болып басқарғанынан соң үш жүз жылдан аслам ўақыт өтти.

   Оның өлиминен кейин патшалық екиге бөлинди. Ең уллы қала Ерусалим болып қалған еди. Ол жерде патшаның сарайы ҳәм Сулайман қурдырған Ибадатхана бар еди. Енди ол жер Яҳудия деп аталды.

   Тилекке қарсы, патша ҳәм халық Қудайдан узақласып, Оның буйрықларына бойсынбай, жат халықлардың қудайларына ҳәм бутларға табынып кетти. Қудайдың пайғамбарлары оларды гүнадан бас тартып, тәўбе етиўге шақыратуғын еди, бирақ оларға ҳеш ким қулақ салмады.

   Соннан кейин, Қудайдың ҳүкими келди ҳәм елди Бабилонлылар басып алды.

   Бабилон патшасы Набуходоносор Яҳудияның ең жаўыз душпаны еди. Ол өз  аскерлери менен Ерусалимге келип, патшаны тутқынлыққа алды ҳәм Ибадатханадағы барлық алтын ҳәм гүмис ыдысларды алып, Бабилониядағы өз қудайларының бутханасына апарды. Олар және де, Ибадатханадағы ҳәм Сулайманның сарайындағы барлық ғәзийнелерди алып кетти. Сондай-ақ, патшаның сарайын, Ибадатхананы ҳәм абырайлы адамлардың үйлерин тонағаннан соң, оларды өртеп жиберди.

   Набуходоносор Яҳудияның жас жигитлерин, патшаның улларын ҳәм басшыларды, жети мың сайланды әскерлерди, өнерментлер менен темиршилерди Бабилонияға алып кетеди.

   Солай етип, Яҳудия ҳәм Ерусалим Набуходоносордың қол астына киреди.

 

Қудай Ийе усылай етип бойсынбайтуғын ҳәм гүнакар халқына ҳүким шығарды. Тутқынлықта болған израил халқы Жаратқан Ийениң жалғыз ҳақыйқый Қудай екенин, ал бутлардың жалған қудайлар екенин түсиниўи керек еди.

 

СОРАЎЛАР:

1. Қудайдың халқы Оған садық болды ма?

2. Яҳудияның ең баслы душпаны ким болып қалды?

3. Бабилония халқы Ерусалимге не қылды?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.