Отлы ошақ
Мухаддес Китап, Даниел пайғамбардың китаби, 3-бап.
Набуходоносор патша тез арада Даниелдиң Қудайы – жалғыз ҳәм ҳақыйқый Қудай екенин умытты. Ол алтыннан үлкен бир мүсин соғыўды буйырды. Байрам белгилеп, көп мийманларды ҳәм Даниелди дослары менен бирге шақырды. Саз шертилип баслаған ўақытта ҳәмме дизерлеп бутқа табыныўды буйырды, ал ким табынбаса отлы ошаққа тасланады, деп жәриялады.
Байрам басланды, саз шертилгенде, барлық адамлар дизлерлеп, бутқа табына баслады. Үш яҳудий жигитлерден басқа ҳәмме адам табынды. Хызметкерлер бул ҳаққында патшаға жеткизди. Набуходоносор ғәзепленип, жас жигитлерди шақырттырды. Кейин оларға былай деди:
- Сизлер мына алтын мүсинге табынасызлар, табынбасаңыз отлы ошаққа тасланасызлар! Сизлерди қандай қудай мениң қолымнан қутқара алады?
Бирақ Шадрах, Мешах ҳәм Абед-него патшаға былай деп жуўап берди:
- Бизлер сыйынатуғын Қудай бизлерди от жанып турған ошақтан да, сизиң қолыңыздан да қутқара алады. Бирақ егер Ол бизлерди қутқармаған жағдайда, тақсыр, мынаны билип қойың: бизлер ҳеш қашан қудайларыңызға сыйынбаймыз, сиз орнатқан алтын мүсинге де табынбаймыз.
Набуходоносордың бул сөзлерге қатты ғәзеби келгенликтен түри өзгерип кетти. Ол пештеги отты алдынғысынан жети есе қатты жандырыўды буйырды. Кейин әскерлериниң арасынан ең күшли әскерлерге Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны байлап, отлы ошаққа таслаўды буйырды.
Патшаның буйрығының қатаң болғанлығы ҳәм пештиң соншелли күшли жанып турғанлығы себепли, Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны отқа таслаған әскерлер оттың ҳәўирине күйип өзлери өлип қалды.
Ал ана үшеўи байлаўлы ҳалында ошақтың ишине қулап түсти.
Буны тамаша қылып турған патша Набуходоносор бирден орнынан секирип турды да, таң қалып, кеңесгөйлерине:
– Пешке байланған ҳалда үш адамды тасламадық па? — деп бақырып жиберди.
– Әлбетте, сондай, мырзамыз патша, — деп жуўап берди олар. Патша:
– Қараңлар, ал мен от ишинде байланбаған ҳалда жүрген төрт адамды көрип турман. Олардың ҳеш бири де зыян көрмеген. Төртиншиси болса, көринисинен иләҳий барлыққа уқсайды! — деди.
Набуходоносор от жанып турған пештиң аўзына барып:
– Ҳәй, Қудай Тааланың қуллары Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него, берман шығыңлар! Мениң алдыма келиңлер! — деп бақырды. Сонда Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него оттың ишинен шықты.
Барлық найыплар, ҳүкимдарлар, ҳәкимлер ҳәм патша кеңесгөйлери Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны дөгереклеп алды ҳәм оттың бул адамларға ҳеш қандай зыян тийгизбегенин көрди. Олардың шашлары күймеген, кийимлерине зыян тиймеген, ҳәттеки, олардан оттың ийиси де шықпай турған еди. Бул уллы кәрамат еди, өйткени бул жигитлерди таслаў ушын ең күшли әскерлер пештиң аўзына жақынлағаны ушын-ақ өлип қалған еди. Сонда Набуходоносор былай деди:
- Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоның Қудайына алғыс-мақтаўлар болсын! Ол Өз периштесин жиберип, Өзине исенген қулларын қутқарды. Олар өз Қудайынан басқа қудайларға сыйыныўдан гөре, жанынан кешиўди абзал көрди, соның ушын, патшаның, яғный мениң буйрығыма бойсыныўдан бас тартты.
Набуходоносор үш жигитке өз хызметлерин қайтарып берди ҳәм оларға айрықша ҳүрмет көрсетти.
СОРАЎЛАР:
1. Набуходоносор патша қандай буйрық берди?
2. Не ушын Даниел ҳәм оның дослары алтын мүсинге табыныўдан бас тартты?
3. Қудай оларды қалайынша қутқарды? Олардың оттан аман шыққанын көрип, Набуходоносор не деди?