Мухаддес Китап ўақыялары 46 bob

Белшассардың берген зыяпаты

Мухаддес Китап, Даниел пайғамбардың китабы, 5-бап.

Белшассардың берген зыяпаты Мухаддес Китап, Даниел пайғамбардың китабы, 5-бап.

   Набуходоносор патшадан соң Белшассар оның орнына Бабилон халқының патшасы болды. Ол байрам ҳәм зыяпат бериўди жүдә унататуғын еди, ҳәттеки душпанлары қаланы қамалға алған ўақытта да үлкен зыяпат қурды.

   Қаланың мыңлап ақ сүйеклери шарап дәрьядай ағып турған усы зыяпатқа келди. Мәс болған Белшассар әкеси Набуходоносордың Ибадатханадан алып келген барлық алтын ҳәм гүмис ыдысларды әкелдирди. Патша ҳәм ақ сүйеклер сол мухаддес ыдыслардан шарап ишип, бутлары душпанлардан қутқарады, деген ойы менен бутларын күш-қүдиретли, деп алғыслап баслады.

   Күтилмегенде бирден ҳәмме тым-тырыс болып қалды. Патша ҳәм келген мийманлары қорқыныш пенен дийўаллардың бирине қарады, инсан қолы сол дийўалға сырлы сөзлерди жазып баслады. Бирақ ҳеш ким сол жазылған сөзлерди я оқып, я түсине алмады. Патшаның жүзи бозарып кетти ҳәм аяқлары қалтырай баслады. Ол дийўалдағы сөзлердиң мәнисин билмеди, бирақ бул жақсы нәрсеге алып келмейтуғынын билип турған еди.

   Ол Бабылдағы барлық порханларды, болжаўшыларды ҳәм данышпанларды жыйнаўды буйырды. Патша Белшассар оларға ким де ким сол сөзлерди оқып берсе, оларға үлкен байлық беретуғынын айтып, ўәде етти. Бирақ данышпанлар ҳеш бир сөзди түсиндире алмады. Сонда оның анасы Қудайдың Руўхына ийе болған адам, яғный Даниел ҳаққында айтып берди. Набуходоносор өз дәўиринде оны данышпанлардың үстинен басшы етип қойған еди.

 

Даниелди Белшассардың алдына алып келгенде, патша былай деди:

– Сениң жумбақларды шешип, оларды түсиндире алатуғыныңды еситтим. Егер сен ҳәзир бул жазыўды оқып, оның мәнисин түсиндире алсаң, мойныңа алтын шынжыр тағып, патшалықтағы үшинши ҳүкимдар етип тайынлайман.

    Даниел патшаға былай деп жуўап берди:

– Саўғаларыңыз өзиңизде қала берсин, яки оларды басқа биреўге бериң. Мен бул жазыўды сонда да оқып, оның мәнисин түсиндирип беремен. Тақсыр, Қудай Таала әкеңиз Набуходоносорға патшалық, уллылық, даңқ ҳәм ҳүрмет берди.  Ал оның зүряды болған сиз, патша Белшассар, булардың ҳәммесинен хабарыңыз болса да, кишипейил болмадыңыз. Буның орнына сиз аспанның Қудайына қарсы бас көтердиңиз. Қудайдың Ибадатханасындағы ыдысларды алдырып, ақсүйеклериңиз, ҳаялларыңыз ҳәм тоқалларыңыз бенен шарап иштиңиз. Көрмейтуғын, еситпейтуғын, ҳеш нәрсени билмейтуғын гүмис, алтын, қола, темир, ағаш ҳәм тастан соғылған қудайларды алғысладыңыз. Бирақ өмириңизди ҳәм барлық жолларыңызды қолында услап турған Қудайды уллыламадыңыз.  Бунда былай деп жазылған: МЕНЕ, МЕНЕ, ТЕКЕЛ ҳәм ПАРСИН. Буның мәниси мынадан ибарат: МЕНЕ — Қудай сизиң ҳүкимдарлық күниңизди есаплап шығып, оның соңын белгиледи. ТЕКЕЛ — сиз тәрезиде тартылып, жеңил болып шықтыңыз. ПЕРЕС — патшалығыңыз бөлинип, Мидия ҳәм Персияға бериледи.

   Сол күни түнде Бабилон патшасы Белшассар өлтирилди. Бабилон Персия патшасы Кир тәрепинен қоршап алынды. Солай етип, уллы Бабилон патшалығы жоқ қылынды.

 

СОРАЎЛАР:

1. Бабилон қаласын душпанлар қамал қылғанда, патша Белшассар не менен бәнт еди?

2. Зыяпат ўақтында шарапты қандай ыдысларға қуйып ишти?

3. Белшассар ҳәм оның мийманлары нени көрди? Оны Белшассарға ким түсиндирип берди?

4. Белшассардың ең баслы машқаласы неден ибарат еди? Оған кейин не жүз берди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16